allayar_darmenov | Unsorted

Telegram-канал allayar_darmenov - Аллаяр Дарменов

-

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дарменовтың жеке дөретиўшилик каналы Байланыс ушын: @AllayarDarmenov

Subscribe to a channel

Аллаяр Дарменов

🌿Муқағалий Мақатаев өлеңлеринен

📹 ''Сәт'' триосы — Көнеміз ғой ...

Өлі балық жолығар өлмегенге
Өлмегенге не жетсін өлмегенге
Өмір деген осындай жаным менің
Қайтер едік өмірге келмегенде

Қайтер едік өмірге келмегенде
Көнеміз ғой қайтеміз конбегенде
Төземіз ғой қайтеміз төзбегенде
Көлден тамшы буйырмас шөлдегенде

Не де болса тауекел тен коремиз
Акел бери кайгыны тен болемиз
Биримизге биримиз дем берейк
Бир арманнын астында донгелейк

Қақ бөлейік қайғыны келісеміз
Алауында уын да тең ішеміз
Кезбе бақыт кездесіп қалса бізге
Тепе тең қып біз 3ке тең болемиз


💿Көпшилигимиз бурынғы DVD дисклерде берилип тыңлағанбыз бул қосықты. Ишимизден ыңылдап та айтып жүргенбиз. Бүгинги бар нәрселеримизге шүкиршилик етиўге шақырыўшы қосықты тағы да бир тыңлаңызлар.❤️❤️

🎞 Мына линкте бул қосық ҳаққында мағлыўмат бериледи.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жүўери гүртик күнин бүгин Жаслар орайында белгилеп атырмыз.

Қыдырнияз Бабаниязовтың сөзи менен айтқанда, жаслардан қуралған "ақылы пүтин зыялы қәўим" болып, бир нәрселерди ойласып атырмыз.

@Allayar_Darmenov
@QRjas_doretiwshiler
💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гуртик" күни!

Байрамымыз қутлы болсын, қарақалпақлар!

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Анықлама

Мәмлекетлик жумыстың талабы,
Рамкадан,
Шаблоннан,
Сызықтан шығып кетпеў болады.
Есесине—айлық.

Жәмийетлик жумыстың талабы,
Пидайылық,
Қаҳарманлық,
Гүресиўшеңлик болады.
Есесине—ел алғысы.

Қатты қыйын
Рамкадан шығып кетпеў,
Аңсат емес алғысы да елдиң.
Қыйыны,
Еки кеме басын услап ығып кетпеў.

Аллаяр Дарменов

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жулдызлы кино

Жулдызлар жаныңда жүрсе де,
Бизлер аспанға қарай бердик.
Тилегиңди Қудай берсе де,
Түн толған айдан сорай бердик.

Сынып кетсек сөгиле берип,
Мәлҳам болды марапатың.
Шынын айтса бетине келип,
Басшылар аз унататын.

Таў екенсең, аңладым енди,
Ағын суўда қәдир жоқ заман,
Бизлерге шашқан несийбеңди,
Аллама мол-молдан ырзаман.

Жулдызларды аңсап жүрип,
Талайын сөндирип алдық,
Басшы да бийбаҳа мүлик,
Билип алдық, билип алдық.

Әттең, кеш билдик...

А. Дарменов.
22.02.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Суитсид
Өмирге мудам бол жерик,
Тирилик инсанға көрик,
Не аптаритет өлип?
Жасағаның мақул.

Жасашы, өтиниш!
Аллаяр Дарменов

Қәне, бир өл! Өлим сондай "Тәўир" зат!
Дурыс қыласаң, кет! Өмир аўыр зат.
Маған қызық керек, саған тынышлық,
Жейик палаў менен ыссы баўырсақ..!

Жатсын темир жолда еки бөлегиң,
Суўға кет, табылмай қалсын өлигиң!
Өзиңди асып, гөрге пүтин кирсең де,
Дозақта көресең азап нелигин.

Арқалайсаң мәңгилик жаман атты!
(Билмеймен, ойлайсаң қаяғың менен!?)
Ҳақ қос қоллап тапсырған аманатты,
Қайтарасаң қалай аяғың менен?!

Сен бармай-ақ өзи сол күн келеди.
Неге жаздың күни солғың келеди?
Қудайдың исине мурныңды суғып,
Қалай әзирейилсиз өлгиң келеди?

Исмайылов Абдурашид
Жазылған сәне: 5.II.2023

/channel/QRjas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Бүгин_туўылған_күн

10-февраль Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья" журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаровтың туўылған күни.

Шайыр 1952-жылы Кегейли районы, Халқабад елатында дүньяға келген. Бүгин ол 71 жасын қарсы алмақта.

Сол мүнәсибет пенен шайырды «@merwert_uz» каналы атынан шын жүректен қутлықлаймыз.


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Бирақта көп ўакыт етпей большевик комиссар-
лары өз ўәдесии умытты. 1921-жылы февральда Шымбай участкасындағы
қарсылық көрсеткен ҳәрекеггиң белсенди қатмасыўшыларынан 24 адам
менен Хан Мақсым қамаққа алынды. Солай етип, елим деп емиренип
өткен өзиниң пүткил санапы өмирин, жигерли жасларын хапық азат-
лығы жолындағы гүреске бағышлаған халқымыздың қаҳарман перзенти
Бэҳэўатдинов Убайдулла ОГПУ тәрепинен жазықсыз жазапанып, бирин-
ши марте 15 жыл мүддетке сүргин етилген.
XX әсирдиң 20 жылларында Баҳаўатдинов Убайдулланың Сибирь
сүргининде көрген азапларын сәўлендиретуғын архив дереклерине ийе
емеспиз. Бул тема изертлеўди талап етеди.
Баҳаўатдинов Убайдулланың екинши марте қамалыўы 1929-жылғы
Тахтакепир қураллы көтерилиси ўақтына туўры келеди.

Халық көтерилисшилериниң таярлығынан хабары болған ГПУ дың
Қарақалпақ областлық бөлиминиң баслығы А.М.Белоговтьң басшы-
лырындағы жазалаўшы топарлар туман менен бир неше онлаған улама-
ларды қамакжққа алады. 1929-жылы 12-ноябрьден 13-декабрь аралығында
Қазақстан АССР жокарғы суды баслығынын орынбасары Лукавил
Баймуқашев баскарыўында өткерилген судтың қарары менен көтери-
лиске белсене қатнасқан—деп айыпланып 16 улама, ОГПУ жанындағы
«Үшлик»тиң Қазақстандағы Толық Ҳуқықы ўәкиллириниң Анатолий
Романович Альшанский басқарған мэжлисинин карары менен, ал 1929-
жыл 22-ноябрьде 7 адам, 3-4 декабрьде 36 адам, 1930-жыл 3-январьда 18
адам, 10-октябрьде 12 адам атыў жазасына ҳүким етилип, шығарылған
ҳүкимлер орынланды.

Усындай қанлы күнлер өмир сурип турған пайытта Бэҳэўатдинов
Убайдулланың қаналас ҳәм туўысқанларынан ОГПУ дың Қарақал-
пақстан бөлими тўрепинен Бэҳэўатдинов Инаят, Нэжиматдин ийшан.
Атаруллаев Халила мақсым қамаққа алынды. Олардын тәғдирлери
туўралы жоқарыда сез еткен едик. Ал Бэҳэўатдинов Убайдулла ОГПУ
жәлладларынан жасырыныўға мәжбур болған еди.

Қарақалпақ халқынын азатлығы жолындағы гүресте өзинин күш-
ғайратын саналы өмирин бағышлаған, бирақ тоталитарлық дүзимниң
35 жылдан аслам азабын тартқан, хорланған қуўдаланған Бэҳэўатдинов
Убайдулла [Хан Максым] туўралы архив дереклерине тийкарланып
онын тәғдирин оқырманларға кеңирек таныстырғанды мақул көрдик.
Қарақатпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси архивинде сақлан-
ған. 1930-жыл февральда қабыл етилген. ВКП (б) Шымбай райкомы
бюросының қәўлисине қарағанда Бэҳэўатдинов Убайдулла Хан
Мақсым 1928-жылда жер аўдарылған—деп көрсетилген.'
[Бул да сонда 293ф, 1оп. II 1д, 52-6.]

ШӘРИП БАБАШЕВ. <<Дөҳмет дегиши>>.

<<<<<<<<<<<<<<<даўамы бар>>>>>>>>>>>>>

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

<<УБАЙДУЛЛА [ХАН МАҚСЫМ] ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТЛАР>>

[1-бөлим]

Қарақалпақстанның жана тарийхында Убайдулла Баҳэўатдинов
(1887-1956-ж) «Xалық арасындағы Хан Мақсым аты менен белгили
болған ийшан әўладынан, оның бабасы «Имам ийшан XVIII әсирдиң
ақыры XIX әсирдиң басында қарақалпақ халқын жәмлестириўге қат-
насқан болса, атасы Атаулла ийшан ҳәм онын басшылары халықты саўат-
ландырыўдың басында турған. Жасларына қарамастан, Хан Мақсым
октябрь аўдарыспағы ўақтында Шымбай участкасын басқыншылар
топылысынан қорғаўды шөлкемлестириўге қатнасты, 1921-жылы февральда
Шымбай участкасындағы «көтерилисшилердиң» қатарында қамалып
Хан мақсым Сибирьге сүргин етиледи. Сүргиннен өз елине қайтып келген.
1917-1920-жыллары Қарақалпақстандағы миллий азатлық ҳәрекеттиң
басшысы Убайдулла Бэҳэўатдинов та [Хан Мақсым] қамаққа алынды.'
«Хан Мақсым Хорезм оазисиндеги большевиклерге қарсы қураллы
ҳәрекетин атақлы шөлкемлестириўшилердиң бири болған».^
Бул қарақалпақ халқының азатлық гүресиниң саркардасы Убайдулла
Баҳэўатдиновке берилген ең жоқары баҳа болып табылады.

Ҳақыйкаттанда да У..Бэҳэўатдинов халқын өз әтирапына жәмлеп
елиниң бирлигин халқының мәмлекетшилигин қайта тиклеў ушын
гүрескен, ҳәм миллий азатлық ҳәрекетти басқарған еди. Ол қарақалпақ
халқын сырт ел, әсиресе яўмыт басқыншыларынан мәртлерше қорқады.
Совет ҳәкимияты орнаған жыллары да оның халыққа қарсы сиясатына
қарсы гүресте әжайып ерлик көрсеткен инсан, еки мэрте қамалған. Тота-
литарлық дүзимде емириниң ақырына шекем онын азабын тартқан
әжайып инсан Бэҳэўатдинов Убайдулланың хызмети ҳәм тәғдири еле
де кеңирек изертлеў керек екенин ескерте отырып, ол туўралы архив
дереклери тийкарында сез етпекшимен.

Убайдулла Мақсым Имам ийшанның шаулығы, Атаулла ийшан-
ның ақлығы Бэҳэўатдин ийшанның улы. Олар еки ағайинли жигит
еди. Үлкен ағасы Инаят ийшан. Олар атасынан жақсы тәлим алып,
медресени тамамлап кейин ел хызметинде болып үлкен ҳүрмет-иззетке
жоқары абыройға еристи.
Убайдулла сап денели, үлкен шөлкемлестириўши, уқыплы, әскерий
билимге ҳәм жаўынгерлерди басқарыў қәбилетине ийе мэрт жигит ети.
Оның әскерий қуралларды пухта өзлестирип, әскерий операцияларды
өткериўдеги шөлкемлестириў ҳәм халқын жаўлардан қорғай алғанлырын
сәўлелендиретуғын архив ҳүжжетлерине дыққат аўдарып көрейик.

1917-жылы Яумыт басқыншыларының қарақалпақтың арқа аймақ-
ларына басып кирип халықты талаған ўақтында Убайдулла Бэҳэўатдинов
'[Қарақалпақстанның жаңа тарийхы. «Қарақалпақстан». 2003-ж. 193-196-229-66.
Өзбекстан жаңа тарийхы. Ташкент. 2000ж 3066.]
басқарған жаўынгерлер (отряд) баспашылар менен қанлы саўаш жүрги-
зип «Ийшан қаланы» қорғаныў орнына айландырады. Ийшан қалаға
Яумыт басқыншыларынан 8 болыстан қашып келген 10 ОООнан аслам
посқынларды жайластырып жаўдан сақлап қалады. Душпанларды өз елинен
қуўып, халқын жаў пәнжесинен сақлап қалған, душпанлар топылысын
қайтарып, халқын жаўгершилик апаттан аман алып қалыўда оған
басшылық еткени ушын халық Хан Мақсым деп ат берди.

1917-жылдың
ақырына Ийшан қаланың саўда орайы болған бир-еки шақырым ара-
лықтары елатлы пунктине 10 мың халыққа бас болып Хан Мақсым ҳәзирги
Халқабад қаласын салдырады. Оның дөгерерине халықты жайластырып,
үлкен ўазыйпаны инабатлы атқарып, ел ҳүрметине абыройга еристи.'
Хан Мақсым Октябрь революциясы қарсаңында Жунайидхан баспа-
шыларының топылысынан «Ийшан қала» әтирапындағы халықларды
қорғаўды шөлкемлестириўши нәтийжесинде пүткил Шымбай участкасына
үлкен тэсирин тийгизди. Жунайидханның өзи де оның менен есапла-
сыўына туўры келди. 1918-жылы февральда Хан Мақсым Жунайидхан
менен топылыс жасаспаў туўралы келисимге қол қойысты. Бирақ, кейин
бул келисим Жунайидхан тәрепинен бир неше марте бузылған. Бундай
жағдайларда Хан Мақсым тек ғана өзине исенип халқын қорғайтуғын
жүрегинде оты бар елим деген адамлардан ибарат топарлар дүзди.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Инстаграмның қарақалпақша сегментинде белгили «Fivecity. one country» аккаунты Нөкис орайлық базары әтирапындағы халықтың турмысын фотокадрларға мөрледи.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

ДАҒАЗА!

Тозады екен мәңгиликке қалғанлар,
Тозады екен, тозбайды деп салғанлар.
Тозады екен, тозады екен...
бәри де.
Тек жулдызлар қалады екен
мәңгиге.


Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық шайыры Улмәмбет Хожаназаровтың еслеў кешеси болып өтеди.

Шайырдың дөретиўшилигине арналған еслеў кешесине бәршени мирәт етемиз.

Ўақты: 31-январь, саат 11:00де

Музей админстрациясы ҳәм
@merwert_uz каналы шөлкемлестириўшилери.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Мухтар Шаханов,

ЖИГЕРЛЕНДИРИЎ


...Жас нәресте көриўге тийисли емес,
Әкесиниң еңкилдеп жылағанын...

...Өмирдиң барлық сәтсизликлерин,
Бахытсызлық деп ким айтты саған?...


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қудай дегениң-Ўақыт.

Нодар Думбадзе


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жас дөретиўшилер клубы бас координаторы

АЛЛАЯР ДӘРМЕНОВҚА


Әдебият шайдаларын жыйнаған,
Ана тилди анасындай сыйлаған.
Кеўли тасса қағаз қәлем қолында,
Қосық жазбай қанасына сыймаған.

Стильлердиң түр түринде жүресең,
Драббл деп сағағынан илесең.
Болсын қутлы туўылған күн бүгинги,
Мен узақтан, узаақ өмир тилесем!.

Себеп пенен мингендейин бир себет,
Фотоға мен нәзер салсам төбелеп.
Жаса мәңги! Дөретиўши дөгерек!
Балға менен қаққандайын шегелеп.


Жаңабай Анетеев

26-январь 2023-жыл.Волгоград.

@J_Aneteev

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жаратыўшының қүдирети шексиз...
/channel/yumorbek_orayi

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қарақалпағым

Африканың Малаўи мәмлекетинен қарақалпақша контент


@d_boylap

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#25_февраль_жүўери_гүртик_күни

Әжинияз атындағы НМПИ Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 3-б курс студентлери Жүўери гүртик күнин белгилемекте.

🌿🌿🌿@nmpitalantlari

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Моностих

Барлық жол Қудайға алып барады.

***
Барлық жол Қудайдан басланады.


Жума қутлы болсын, бирадарлар!

А. Дарменов

Видеода достымыз Шахзад Генжеғулов.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Әзизлер! Бул сарказм, ашшы юмор. Былай айтқанда өтирик, тоқыма нәрсе.

Мына дағазадан кейин мен де қатнасаман кастингке деўшилер көбейип кетти. Соған қарағанда халықтың қулағы шаблон сөзлерге үйренип кеткен-аў. Әттең...

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Туўындылар

Дыққат! Кастинг
"Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўине баслаўшыларды жумысқа аламыз.
Ҳәзирше тек 2 шәрти бар.
1. Азанда 7ден бурын өзи уйықлап қалмаўы, 7ден кейин тамашагөйлерди уйықлатып алмаўы керек.

2. "Билесиз бе?",
"әзизлер", "әжайып", "мәрҳамат", "әлбетте", "жүдә дурыс", "солай екен"... сыяқлы шаблон сөзлерди көп айтыў керек.
.
П.С. Басқа да шәртлер болып қалыўы мүмкин).

***
Хош хабар!
Жақында "Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан" көрсетиўиниң әжайып баслаўшылары көрсетиў ўақтында "әжайып" сөзин қайта-қайта қолланып, Гиннестиң рекордлары китабына кирди.

А. Дарменов

Әзизлер, әжайып пикирлериңиз болса комментарийларда жазып қалдырсаңыз болады)

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Архив

Рахмееееееет!🤗🤗🤗🤗

Муңайтыў аңсат, бир майданда,
Қайғыны табасаң қайдан да,
Нең кетеди, достым, рахмет☺️ деп,
Қуяшқа,
Бир жымыйып қойғанда!?

Жулдыз—бөбек, көк тербетеди,
Аққан жулдыз сергеклетеди,
Ағып түспей турып барлығы,
Жулдызларға,
Бир рахмет😊 десең нең кетеди!?

Билмейсең Тәңирдиң мөлшерин,
Не даўың бар жетсе әжелиң?!
Ояныўдан Сен рахмееееееет🤗 десең,
Өмирге,
Кемейип қалады қай жериң!?

А. Дарменов
03.10.2020


Канал: @Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Атам Убайдулла Баҳаўатдин улы—Ханмақсымның руўхый нәсиятлары

О, Қаңлының хан туқымы,
Қаныңда ағар қанларым,
Жүриўши болма жупыны,
Жалынсаң, Қудайға жалбарын.
Алды менен адам бол,
Адамшылық ҳадал бол,
Кеўил толы кир менен,
Буйырмайды төрлеген.
Елиңди сүй ярдан артық,
Байлығың жоқ ардан артық,
Хошаметтен ҳаўаланба,
Атақ бер деп шабаланба,
Шаңында қалма шабанның,
Ур қамшысын бабаңның,
Серлемесең оқпан көп,
Жүйриклерге қақпан көп,
Ядыңда тут мудамы,
Жигиттиң жаны-Ўатаны!
Айғырлыққа талас та,
Шайырлыққа таласпа.
Талай сүргин, даўылдан,
Мийрас Абыл, Қабылдан,
Болса да талай шоққысы,
Болатуғын бир Шоңқысы,
Қаҳарманы көп елденсең
Сатарманы көп елденсең.
Соның бәрин бил, балам,
Ата ақылы көл, балам.
Хан теклисең умытпа,
Ханлардай дәўран сүр, балам.

А. Дарменов,
08.02.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Совет ҳәкимияты орнаған дәслепки жылларында Шымбай ҳәм Қоңырат
аймақларындағы халықларға Әмиўдәрья бөлиминиң Петро-Александровс-
кийдеги ҳәкимшилик басқармасынан ҳеш қандай қураллардан ҳәм мате-
риаллық жәрдем ала-алмағанлықтан абыройлы ел азаматлары Баҳаүатдинов
Убайдулла, Аманбаев Қутлымурат бий [бала бий], Шунгулов Темир Али-
хан, Ниязов Инаят болыслар халықты өз дөгерегине жәмлеп басқын-
шыларға қарсы гүресиў мақсетинде қоргаў отрядларын шөлкемлестирди.
Шымбай әтирапында 1918-жыл 20-августта Хан Мақсым ҳәм Балабий
баскарған қорғаныў қатары 2000 адамнан асты, олар қуралландырылды.

Нәтийжеде, «1919-жылдын 17-августына келип Шымбай участкасы
Мойнақ балық аўлаў районы аймақлары көтерилисшилер колына өтип,
Әмиўдәрья бөлиминиң арқа районларында халық ҳүкимети орнады. Оның
қурамына қарақалпақ Убайдулла Бэҳэўатдинов [Хан-Мақсым] киреди.
Турк комиссия, Туркистан революциялық Әскерий Кеңес Ўәкили
Г.Б.Скалов та «1919-жылға шекем Шымбай участкасында ҳақыйқый
Совет сиясаты болмаған» деп мойынлаған еди. Демек бул аймақлар
Бэҳэўатдинов баскарған жаўынгерлердиң ёолында болған.
[КРЖКА. 1ф. 2оп. 664д. 2436.
К,ощанов Б.А. Сейтназаров М.С. Революция? Вторжение? События в Хивинском
ханстве в 1919-1920 гг. Нукус. 1997 г.]

Хан Мақсымның заманласлары большевиклер тәрепинде оның менен
саўаш алып барған Н.Ш айдаков, Щербаков, 1-Әмиўдәрья артиллерия
дивизионы командири Т.С.Гуменюк ҳәм Қызыл Әскерлери Ж.Аташев,
Н.Мәўленов, У.Хожаниязовлардың еске түсириўлерине ҳәм олардың
тәриплеўлерине қарағанда Хан мақсым уллы стратег, өз қарсыласлары-
ның ҳәлсиз позицияларын таўып, жеңисли саўаш алып баратуғын әскер
басшы еди деп мойынлайды. Мәселен, ол Фильчев басшылыгындағы қазақ--
лар менен күш бириктирип Шымбай уезди аймағында ири әскерий бирлеспе
дүзген, орыс тилин жақсы өзлестирген адам еди. Оның басқарған әскерлери
Нөкис қорғанын қоршап алып, жоқ етиў мақсети менен тылына етип. Нөкис
пенен Төрткүл арасындағы жолды кесип таслағанлығы, 1919-жылы 10-
ноябрьде қоршаўда қалған Шайдаков отрядын Нөкис қамалынан қутқарыўға
киятырған 5 топ, 4 бомба ылақтырыў, 6 пулемет тағы басқа да қурал-
жарақлар менен қуралланған 200 Кд.1зыл Әскер менен Назарханда төрт-
бес кун даўамында саўаш жүргизгени сөз етиледи.'

Қарақалпақ областлық ГПУ баслығы Р^дэннин баянатына қарағанда
Хан Мақсым басқарған қарақалпақ отряды жаўынгерлерин Тахтакөпир
болысы 11 -аўыл турғыны совет ҳәкимиятының сиясатына қарсы көтерилиске
белсене қатнасқан болью басқарыўшысы Барлықбай Нурумов қурал-жарақ
ҳәм атларын от-жем менен тәмийинлеген.
Совет әскерлериниң Әмиўдәрья топарының сәрдэры Николай
Шайдаков Убайдулла Бэҳэўатдиновты былайынша тәрийплейди: «Қаңлы
руўынан шыққан, қарақалпақ. Кең жаўырынлы, күшли адам. 1921-жылы
1925-жыллары еки рет судланған. Жазаны Томский ҳәм Семипалатинский
қалаларында өтеген. Күшли тәреплери-қайсар, тәртипли ҳәм диянатлы,
ақыл-парасатлы, өз пикирине берик қатал, талапшаң- Аўыр минезли,
уйқысы аз, мусылманлардың кәўендери ҳәм ақылгейи, исламның душпан-
ларын қатаң жек көреди деп тәрийплейди.

Сондай-ақ, Совет әскерлери-
ниң Әмиўдэрья группасының командующиси В.Михаилов: «1920-жылы
31 -майда, сайлаўлар ўақгында еки партияньң бириншиси бай Хан Мақсым
тэрептарларының күшли агитациясы кеңнен жайдырылды» деп баҳа-
лайды.^ Шымбай болысына сайлаўға қатнасқан алты мыңнан аслам
адамлардың арасында Хан Мақсым тәрептарлары да көп еди.
1920-жылы 18-февральда Кеңес ҳүкимети ўәкиллери менен халық
ҳүкимети арасында парахатшылық келисимине ҳәм шәртлерине қол
қойысты. Келисим бойынша барлық қазақ, қарақалпақ қыргыз ҳәм
барлық Шымбай фронтында Совет ҳүкиметине қарсы гүрескенлерге
амнистия жәрияланды. Еки арадағы барлық тутқынлар қайтарылыўы
'. [Е.Досумов Каракалпакстан в годы гражданской войны. Нукус. 151-6.
2. е з Р П А А б О ф , 2оп, 145д, 756. КРЖКА. 1ф. 2оп. 664д. 243-6.]
керек, деп көрсетилди.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

<<Ханмақсым>>

Барлықбай Айтмуратов сызған портрет.

t.me/kketnografiya

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Архив_сүўрет

Биз барғанда күтип алдың тәжим деп,
Бир күнимиз өтти байрам, бәзимдек,
Бул күнлери көринбейсең оншелли,
Әдебияттан алыслаған Әзимбек...

Сүўретте: оңнан шепке, ағамыз, талантлы шайыр Әзимбек Өтемуратов ҳәм инимиз, жас қәлемкеш Расул Әбдимуратов


@utemuratovazimbek
@pinxamisoz
@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Арпалыс

Тилимде ушығым бар,
Сөйлеўим қыйынлаў,
Сораў сорама,
Жуўабын биле тура,
Жағдайың жақсы ма? деме де,
Жаманлығын көре тура.
Ядқа ал деме өткенди,
Өткен өтип кеткенди,
Ядым дым шатақ мениң,
Қашан "атақ, атақ" дедим?
Көзлерим де гиреўке тартты,
Қулаққа бақыр, кел, қатты.
Қартайдық па қарт болмай-ақ,
Жасайын мәйли мәрт болмай-ақ,
Жуўапсыз қалар сораўларыңыз,
Жанға батты қараўларыңыз,
Тыныш қойың, ТЫНЫЫ-ЫЫ-ЫШ!
ӨТИНИИ-И-ИШ!
Извените,
Excuse me...

Аллаяр Дарменов
30.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

«Егер сиз басқа елде, басқа материкте туўылғаныңызда не қылар едиңиз?» деп сораған қарақалпақтан не қайыр? Ол өзиниң кеўлиндегисин айтып отыр, өзи бул елде туўылып өскенине, жасап атырғанына кеўли толмайды...
Егер-пегерге орын жоқ. Алла усы жерде туўылыўды несип әйледи ме, демек бизиң оны додалап отырыўға ҳақымыз жоқ.
Барынша сүйемиз!

Аллаяр Дарменов,

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Өле берсин күншиллер күйигинде,
Өз әсирим өзимниң ийинимде.
Ақ жамғырлар тоздырған таў сыяқлы,
Мен өлемен өзимниң бийигимде!

Төлеген Айбергенов

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***

Талмағай өмир өзегиң,
Келмейгей еле гезегиң,
Терсең де аттың тезегин,
Жасағаның мақул.

Еки дүнья-бир сызық,
Көрмеген жақ не қызық?
Қойғанда қудай жүргизип,
Жасағаның мақул.

Өткен хан да, тархан да,
Өлген тәўип, порхан да,
Асыла бермей арқанға,
Жасағаның мақул.

Ишиңде бир шайтан бар,
Гижгижлеп сени талтаңлар,
Қалмаса да тири пайғамбар,
Жасағаның мақул.

Өмирге мудам бол жерик,
Тирилик инсанға көрик,
Не аптаритет өлип?
Жасағаның мақул.

Жасашы, өтиниш!

Аллаяр Дарменов,

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Дальтоник
(Драббл)


Ғарры қолына ҳасасын таянып, светофордың жанына келди. Көзи жолшырақтың реңлерин байқамай тур. Қасына келген костюм-шалбарлы, дипломат услаған, көзине қара көзәйнек таққан жас жигиттен жолдан өткерип қойыўын сорағысы келип тур еди баланың өзи оған биринши тил қатты:
-Ата, қайсы рең жанды?

А. Дарменов,
23.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…
Subscribe to a channel