allayar_darmenov | Unsorted

Telegram-канал allayar_darmenov - Аллаяр Дарменов

-

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дарменовтың жеке дөретиўшилик каналы Байланыс ушын: @AllayarDarmenov

Subscribe to a channel

Аллаяр Дарменов

Делбениң болжаўы

Жақында жер силкинсе керек
Салмағынан
жалған менен жаланың.
Ата-анасын ажырастырса әдил суд
аўып кетер мына жер
көз жасынан тири жетим баланың.
Ашкөзликте салмақ көп,
бүкирейтер жер бетин.
Илим – пара,
Билим – пара,
Күниң –пара,
Түниң – пара,
Кресло төриң – пара,
Қәбириң гөриң – пара.
“Коррупциясыз келешек!
Ай-хай-аў, ай-хай!”
—Келешек еле келмеди,
Кабинетке кел, иншек,
Көримлигин бер, иншек...

Жақында жер силкинсе керек,
Тонналап төгилген намыстың
арқалай алмай аўырманлығын.
Ерлери жүр арын сатқан,
Қызлары жүр тәнин сатқан,
Кафеси көп китапханасынан,
Мешити аз тойханасынан,
Төрттен бириң вайнер болдың,
Дискоман я геймер болдың.

Силкинбесин неге жер,
Теңиз неге таспасын,
Ойламаса төрелер
Тек өзинен басқасын.
Сүйемиз ҳәмме мақтаўды,
Хожакөрсин қалмайды.
Ел Мәскеў, Алматы, Атыраўды,
Көрейик деп
турист болып бармайды.
Ғарғалар жүр ғақылдап,
Аўылда сағал улыйды,
Аралдай мүмкин, ағалар,
Маңлайымыз қурыйды...

Әси кеттим, аңладым,
Фантазиям көп писпеген,
Силкинбейди жер еле,
Атыўы турар таңлардың.
Ақыры, көп ғой адамлар
Көзине ет өспеген.

Жер орнында қалсын да,
Силкинип турсын жүрегиң.

Аллаяр Дарменов,
06.06.2023 


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Шошқаның қатардан шығарылыўы
(тымсал)


Журналистлер шақырылды. Биреўи газетаға, биреўи радиоға, биреўи телевидениеге шығарады. Шошқа қораның баслығы үлкен доңыз (ол басқаларға өзин Дон деп шақырыўын талап етер еди) “ҳәзир шошқалар гәзит оқымай кетти, телевизор да көрмейди. Соның ушын бир-еки блогер де шақырың" деп бәдабатты салдыртып, оларды қораға алдырды. Неге бунша шошқаәўерешилик дейсиз бе? Кеше сасықаўыз шошқа тынбасқа күн шыққаннан батаман дегенше қораның шетиндеги үйиўли турған өзлериниң таўдай тезегине аўнап, жаңа рекорд орнатыпты. Айтыўынша, енди сасық ийис оның тек аўзынан емес, пүткил денесинен әтир сыяқлы аңқып турады екен.

Бирақ бүгин екинши шошқаны күтип алыўға ҳешким келмеди. Журналист түўе, Дон да көринбейди. Қорадағы қуррр-қуррр етип жүрген сасық шошқалардың қасына барғысы келмеди. Көзинен көзәйнегин бир алып тақты да, жол бойы шала қалған китабымды оқып таслайын деп, портфелин ашты. Бул ўақта болса қорадағы шошқалар оны Донға қалай жаманлаўды ойлап атыр еди: “Бул шошқа туқымының абырайын төкти”, “бизлер патаслықты, әбигершиликти сүйетуғын халықпыз, бул болса тазалық бойынша доктор болып келипти”, “илимди усы қорада жүрип те жақласа болар еди тезекке аўнап”, “шошқалардың қатарынан шығарып таслаў керек бундай билеўикти”....

Аллаяр Дарменов,
03.06.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Ақтара берип өмирдиң қарасын,
Жүрегим түримдей қарайып кетти.
Қара жүрек қай күнлерге жарасын,
Дүнья кең, пейилим тарайып кетти.

Изледим жақтыны, малындым нурға,
Жақсылар көп екен, жарықлық, еле.
Сен де жүрегиңди қарайып турған
Еркеле.

Нур берейин ешейин.

А. Дарменов,
30.05.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Ал, мен жеңил келейин,
Тәрези ким?
Неге керек аз халыққа
Ғәрездиң?!
Жеңилип-ақ берейин,
үңилип-ақ өлейин,
Толысар ўақты келер сәл естиң.
Тентектиң ақылы түстен кейин....
Қайдан билейин...
Таң азаннан талай тентек пенен тирестим....

А. Дарменов.
12.05.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Тәғдир көп кешигип жаратқан сени,
Сөйлегенде тилиң төсиңе түсер.
Адамзаттың ҳаслы маймыл екени
Сени көрген сайын есиме түсер.

Ибрайым ЮСУПОВ

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Аспаныңнан жулдыз излеп, ай таптым,
Қушағыңнан баўыр басып, жай таптым,
Әкем айталмай кеткен аңызларды,
Айтып берши, тоқсандағы пайтахтым...

А. Дарменов

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ассалаўма әлейкум!

Рамазан ҳайыты қутлы болсын!
Быйылғы Рамазанның шәпәәти пүткил өмириңизди бахытқа бөлеп турғай. Тутқан оразаларыңыз, тилеген ийги тилеклериңиз қабыл болсын!

Ҳүрмет пенен,
Аллаяр Дарменов.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

БИР ҲӘМЕЛДАР АҒАҒА

Жасыүлкенлик жасқа қарамайды,
Сақалға қарап ақыл сорамайды,
Қартаймадың сирә изиңе қарап,
Олпы-солпылық енди жарамайды.

Мәңгилик емес атақ, көшкилер де,
Еликлей берме енди ескилерге,
Сақалына қарап сыйлайтын болсақ,
Бас ийип өтер едик ешкилерге.

Ағаларда қуры геўде, ирилик,
Бахытсызлық – бүгинлиги инилик,
Жөн сөйлесең галстугты жаздырып,
Сабармеди Шоңқы бабаң тирилип?!

Ойға сал да отқа май сеппе, аға,
Бармайсаң бул барыстан көпке, аға,
Инилик иззетим таўсылғаны ма,
Жер думалақ, думалап кетпе, аға!

А. Дарменов,
13.04.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Грамматикалық қәте
(Ҳокку)


–Ол гүбелек еди, гүңелек емес,
–Екеўи де тилсиз ғой, устаз,
Халыққа үнсизликтен береди кеңес.

А. Дарменов.
08.04.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қатын қорығыш биреўге

Оқ ата бер батырыңа,
Батыр толып атыр мына,
Байлап қойып жатағыңа,
Қарамай даў, шатағына,
Бек бол, бала, қатыныңа!

Қатын жойтқан өли дейди,
Бул қатынның соңы дейди,
Шабазыңды шын қоры,
Ийт, ийт жемесе бөри жейди.

Ақыры, сени қатынды
Қараўыллаўдың пири дейди.

А. Дарменов
25.03.2023.



@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Берекет берегөр Тәңирим,
Мүриўбет әзел ҳәмириң,
Кесилсин өсек тамыры,
Наўрызымнан айнанайын.

Наўрыз байрамы қутлы болсын, әзизлер!

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Анадан туўғанның бәри мәрт емес,
«Батыр бер» деп сөге берме заманды,
Ҳеш ўақыттa шайыр болыў шәрт емес,
Сатыў ушын Ўатанды.


А. Дарменов

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды

«Тилиңнен без!» – деди, бездим тилимнен,
«Диниңнен без!» – деди, бездим динимнен,
Алдыңда бозлайын болып боз инген.
Аллам, әпиў еткил аўыр
гүнамды.

Шешенге сыйындым, алдады мени,
Көсемге сыйындым, алдады мени,
Басқа сыйынарым қалмады енди,
Рәҳим әйлегил, қыйнама жанды.

Бендем демей-ақ қой, тиленсем де нан,
Сеннен сорамайын тажы-тахт, ийман,
Ҳәтте, дозағыңа тап-тайын турман,
Тек сен қайтарып бер, Әмиўдәрьямды.

Бизди тартып талай ханның дарына,
Сен қырын қараған заманлары да,
Халқым қырылмаған Әмиў барында,
Сақласаң сақлай гөр Әмиўдәрьямды.

Сорлы пешанамның сорын жуўайын,
Анамның сор ашқан гөрин жуўайын,
Маған аўыз суў бер ерин жуўайын,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды

Әмиўимди буўған жылан болмасын,
Ҳәм суўын уўлаған ылаң болмасын,
Аралды қурытпақ жобаң болмасын,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды.

Өзиң әдалатлы, өзиң ҳақ болсаң,
Бәрше халыққа әдил қарамақ болсаң,
Қарақалпақ халқын қырмайжақ болсаң,
Қайтарып бер мениң Әмиўдәрьямды.

Әдебий информациялық канал: 💎@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Мен Абайды ядқа билген халықпан...

Кеше 11-март күни Л.Н.Гумилёв атындағы Евроазия ултлық университети қазақ әдебияты кафедрасының баслығы Қайырбек Кемеңгер менен дастурқан басында сәўбет қурдық.

Шәмшетдин Әбдиназимов, Қурбанбай Жәримбетов сыяқлы профессор устазларымыз, Жүгинис Султамуратов, Берик Бекниязовтай тилши-әдебиятшы устазлар, және де Мақсет Әбдижамиловтай (Юморбек) ҳәзилқумар ағаларымыз бенен бираз жас дөретиўшилер әңгиме дүкәнын қурдық.

Мийманға жүўери гүртик тартып, гә саз, гә сәўбет деп изи мушайраға жалғасты. Жаслар мийманға өзиниң китапларын саўға етти (Көримлик те алды есесине).

Улыўма бул ушырасыў еки ел–қарақалпақ ҳәм қазақ халықлары ортасындағы дослықты, әдебий байланысларды еле де беккемлеўге үлес қосты.

@QRJas_doretiwshiler

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Халықлық баслама тийкарында өткерилип атырған Қара қалпақ күни қутлы болсын, Қарақалпақлар!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Олимлар ваҳима қилмоқда: Сунъий интеллект инсониятнинг йўқ бўлиб кетишига олиб келади

Батафсил 👇👇
👇
https://qalampir.uz/n/83876

Расмий саҳифаларимизга обуна бўлинг:
RASMIY | LIVE | SPORT | FM | ENGLISH

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Алты арыс қарақалпақ

Мәликтиң уғлы Разыҳақ,
Яшлығында қойды ғулпақ,
Кийген екен қара қалпақ,
Шундын “қалпақ” болған екен.

[Бердақ]

Асаў Жәйҳун туўлаған ел,
Көшип бираз шуўлаған ел,
Батыр болмай ерлери,
Анасынан туўмаған ел.

Қоңырат, мүйтен, қытай, қыпшақ,
Кенегес, Манғыт – алты арыс.
Алты арыслы қарақалпақ,
Тарийхы тилсим арпалыс.

Хан туқым қоңырат арыс,
Ырғақлыда Алпамыс,
Қолдаўлыда Ерназар,
Жүреклери жолбарыс.

Туў төркинли Мүйтен руў,
Батырларды берген руў,
Жийен, Өтеш шайырлар,
Сөзден маржан терген руў.

Уллытаўлы қытайым,
Уллы қылған қудайым,
Мақтанышы елимниң
Аннадан туўған Ибрайым.

Панада жарған қурсағын,
Қобланды берген қыпшағым,
Саңмурын, салтыр, естеклер,
Ийеси дәшти даланың.

Қаны қызыў кенегес,
Жүрген жери төбелес,
Таласары ар-намыс,
Тыйын-тебен, тон емес.

Маңғыт шығар зорман деп,
Көк бөримен, тарлан деп,
Батырлардың беллиси,
Едиге батыр, Орманбет.

Уламалы халқы бар,
Шын сөзлемек салты бар,
Имам ийшан пир баба,
Ханмақсымлы қаңлылар.

***
Шын азамат халқым дейди, елим дейди,
Бирликли елдиң кемиси де билинбейди,
Қарақалпақ урыўлардан қуралар,
Қарақалпақ урыўларға бөлинбейди.

Аллаяр Дарменов,
28.05.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Xosh xabar: «Jas dóretiwshiler» klubınıń bas koordinatorı Allayar Dármenov sıylıqlandı

Usı jıldıń 20-may kúni Tashkent qalasındaǵı Dóretiwshiler baǵında «Úlken ádebiyat bayramı» hápteligi sheńberinde «Ilhám» sıylıǵı respublikalıq tańlawınıń jeńimpazları hám sıylı orın iyelerin anıqlaw, sonday-aq, xoshametlewge arnalǵan saltanatlı ilaj bolıp ótpekte.

Tańlaw juwmaqları boyınsha Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutı Túrkiy tiller fakulteti qaraqalpaq ádebiyatı kafedrasınıń oqıtıwshısı, «Jas dóretiwshiler» klubınıń bas koordinatorı, jas shayır Allayar Dármenov tańlawda joqarı nátiyjelerge erisken qatnasıwshılar qatarında xoshametlewshi sıylıqlarǵa múnásip dep tabıldı.

Biz de óz gezeginde Allayar Dármenovtıń aldaǵı jumıslarında tasqın tabıs, dóretiwshilik jumıslarında biyik párwazlar tilep qalamız!💐💐💐

Sheksiz húrmet penen klub jámááti.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Креслоңа бас урайын...

Ўа ақсақал, бас урайын қәлесең,
Қара креслоңа тахтқа тәқәббил.
Өзиңе қайтқай маған не тилесең,
Тилек айтар ағалар да қәҳәтдур...

Иним дейсең, көзимше көп мақтайсаң,
Бабалары ешек туқым аттайсаң,
Сеннен жоқарылары мантықса да,
Күшли жеңил минезиңнен батпайсаң.

Тазыдай изимнен түсип қоймадың,
Ис питсе "бести таслап" тойладың,
Талай қулаттың жаслай жар басынан,
"Отвечаю" деген сөзге тоймадың.

Таяқ еттен, сөз сүйектен өтеди,
Сендеги минез мыңнан бирге питеди,
Маған тилемей-ақ қой жақсы тилеклер,
Бурын тилегенлериң де жетеди.

А. Дарменов.
11.05.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Поэзия жулдызына

Ҳүўиллеп бозлап жатыр түрки дүнья,
Тулғасыз қалдырмағай түлки дүнья,
Ибрайым, Шыңғыс, Расул, Абдуллалар,
Мухтар, Қайсынлар… бәри тәрки дүнья.

Ҳәр шыққанлар әдебият шыңына,
Заң қосады көркем сөздиң заңына,
Қай бир әўлад орнын аз-кем басса да,
Гүман көп Ибрайымнан аспағына.

Өйткени ол Поэзия жулдызы,
Ала алмас оны ҳеш ким жулғызып,
Қайсы әўлад еслемесе шайырды,
Сабаң мени гөримнен тик турғызып.

Болмас ондай, мәзи мениң талабым,
Неге керек әўладларға жаланың!
Ол перзенти мәңгиликке бул жердиң,
Дийхан баба нәпеси бар даланың.

Аллаяр Дарменов
05.05.2020


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

❤️

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жап-жақсы тилек

😊😍❤️❤️😅💐🤣😺🤲👩‍🦱💂‍♂👰🕺👨‍👩‍👧💼🧦🧢🐒🐞🐳🦧🐩🌹🌚⛈🍇🍈🌽🎂🍭🍧🍱🍼🛷🏵🎤🧩🎨🚑🚘🚖🏠🕋⏰⏳🧿🧸🎉✂️💞✅🔴🟠🟡🚩

Иләйим, баслығыңыз "Бул не маған жиберип қойғаның?!" деп алдына ашыўлы шақыртқанда "Кеширерсиз, балам (я ақлығым) телефонды ойнап отырып билмей жиберип алыпты" деп турғайсыз.

А.Дарменов,
29.01.2021
.

Канал: @Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Алып тасла жүрегиңниң ширик бөлегин, жаса жақсы жағы менен.

Гамлеттиң сөзинен.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Түйе сорасаң?...

Сен түйе сорадың (ҚУДАЙдан)
Асыласаң тағы бийесине,
Гүманланыўды үйрендиң қайдан,
Мына әлемниң ийесинен?

А. Дарменов.
07.04.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Барыма Рахмет,😊
Барына Рахмет,😊
Бәрине Рахмет,😊
Бәриңе Рахмет!😊

Әльҳамдулиллаҳ!

Рамазан мүбәрек болсын, әзизлер!
Оразаларыңыз қабыл болсын!

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Биз биргемиз

Тодаң қайда, таўып ал,
Тодаға тийсе қаўып ал.


«Айдала толғаўы»нан.

Эҳ, Сәрбиназ, Сәрбиназ,
Қапасаң бүгин бираз,
Булақтан таза жүрегиң,
Саған кеңес ҳәм тилегим:
Билесең, сатқышлар көп,
Жарымес жыртқышлар көп,
Артыңнан атқышлар көп,
Бәлеге шатқышлар көп,
Сайып-сайып сыртыңнан,
Жасырынып жатқышлар көп.
Уғынбай уққышлар көп,
Жаманға жыққышлар көп,
Өсек отын жаққышлар көп,
Жаланы жапқышлар көп.
«Минсиз» мин таққышлар көп,
Боғаўыз «аққуслар» көп...
Олар бирақ мәңги емес,
Сағым бәри таңғы елес,
Халқың сеннен ҚОСЫҚ күтер,
Бас қамшыны, зәңгилес!

Биз биргемиз!

А. Дарменов.
19.03.2023.

@sen_haqqinda
@Allayar_Darmenov
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Өле берсін күншілдер күйігінде,
Өз ғасырым өзімнің иінімде.
Ақ жаңбырлар тоздырған тау секілді.
Мен өлемін өзімнің биігінде.
ТӨЛЕГЕН АЙБЕРГЕНОВ

Арамызда ұлтшыл, жігерлі таланты жастарды қолдаудың орнына бұрмалап пікір жазып сөз төркініне түсінбейтін адамдардың бар екені өкінішті.

Сәрбіназ бұндай сөз, пікірлерге уақытыңды энергияңды бөлмеуді ұсыныс етемін.
Шығармашылық табыстарың көп болсын!

Мейрамбек Абдіқалиев
/channel/Meyrambek_poeziya

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қайырбек ағамыз қонақшыл қарақалпақ халқынан рыйза болып өлең шығарыпты. Ол бизлердиң «ақкөкирек» деген сөзимизди жүдә унатып қалып еди.

БАУЫРЫМ

Аузын ашса жүрегі
Көрінетін бауырым.
Мейманына тілегі
Бөлінетін бауырым.

Ақ көкіректі пейілі
Сезілетін бауырым.
Ақ мақтадай мейірі
Кезігетін бауырым.

Құшақ жайып тума деп,
Қарсы алатын бауырым.
Дутарымен мұра деп,
Ән салатын бауырым.

Қонағына қадірлі
Төрін берген бауырым.
Бата сұрап сабырлы,
Жолын берген бауырым.

Тегіміз бір түрікпіз,
Қанымыз бір қыпшақпыз.
Бірге дәурен сүріппіз,
Бір туғандай ұқсаппыз.

Бір заманда Сейхунға
Сыймай кеттің, бауырым.
Соны біліп, айқындап,
Қимай кеттім, бауырым.

Қайырбек Кемеңгер,
12 наурыз, 2023 жыл.
Шымкент—Астана бағытындағы ұшақ,
10 мың метр биіктік.


@QRjas_doretiwshiler

Дөретиўшилик канал:
👉@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Сиз бүгин концертке келе алмай қалдыңыз ба? Районнан жол алыслық етти ме?

Бүгин саат 18:00де АТВ телеканалында тиккелей эфирде Юморбектиң концерти болып өтеди.
Концертти АТВ телеканалының ютуб каналында да тиккелей эфир арқалы көре аласыз.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

2023-жылғы кыстың айтқаны

Қар көрмедим дейсең,
Шаналар экспонат,
Темир-тирсек, металлом,
Аңғалақшылар музсырап
Жалбарынған емиш.
Қыс қатты келди деп,
Ҳаўаландырып халықты—
Оқыўшыны,
Студентти,
Таксист, шопырларды...
«Базар стоянка»ның тек базары қалды.
Аномал суўық деп нәлетледиңиз,
Күн санап күттиңиз бийшара бәҳарди.
Енди март келиўден,
Тас атасыз маған
«Қар атыспақсыз қалдырдың халықты» деп.
Ойламайсыз булттың жаўы газлерди;
Машындағы,
Заводлардағы…
Түсинде сандырақлаған баладай,
Қарды айтасаң қайдағы.
«Қыс сонатасы»ның қумары тутпады ма?
Зериктиң бе «Үйде жалғыз»дан да?
Қудайдан жуўап күтпесең,
Палкерге бар,
Аш китабын Ванганың,
Қашан қар жаўады Қарақалпақстанда?!
Қылышын сүйреп қыс киятыр деп
Урт томпайтқаның ядыңда ма?
Шығарып та салыўға жарамадың
«Жаралы қысым» деп,
Ата, апа, балам, қызым кеп.
«Бәҳәр сени сағынып келди»
Сен де сағынғансаң! Қутылдың меннен.
Иллюзия бәри,
Аномаллар өтирик,
Сениң сабырыңда аномал әззилик,
Сениң ҳүжданыңда аномал әззилик,
Сениң намысыңда аномал әззилик!
Жаға алмай жағымпазланып,
Ақыры, мен жинли болдым,
Аномалшылар, ойлансаң анық,
Мен жазыңнан жыллы болдым.
Қалсаңыз екен арсырап,
Бир-биреўден қорқатын,
Яшағай, бәҳәр деп турып,
Изинше қарсырап,
Өтирикке қамсыққанды тоқтатың.

Қыстан кутылғаныңыз бенен кутлықлайман!

Аллаяр Дарменов
05.03.2023


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…
Subscribe to a channel