allayar_darmenov | Unsorted

Telegram-канал allayar_darmenov - Аллаяр Дарменов

-

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дарменовтың жеке дөретиўшилик каналы Байланыс ушын: @AllayarDarmenov

Subscribe to a channel

Аллаяр Дарменов

Баратырсыз инилерим қай тәреп?

Бир мектепте 11-класс оқыўшыларына сабақ өткенимде мынадай қызық, туўрырағы аянышлы жағдайға дус болдым. Үп-үлкен, жасы он сегизди толтырған ул-қызлар биргеликте Қарақалпақстан Республикасының гимнин айтқанда биринши шуўмақты атқарып, екиншиге келгенде биразы тутлыға баслады. Үшинши шуўмақта болса дерлик пүткил класс аўзына қум қуйғандай үнсиз қалды…

Баратырсыз инилерим қай тәреп?
Ким излейди бизди кетсек бийдәрек?
Қуўрамағай қанша әсир өтсе де,
«Жәйҳун жағасында өскен байтерек».

Түбимиз бир, мыңнан үмит шақамыз,
Минус еки бәриңизге баҳаңыз,
Алыс әўладларға арқа сүйеген,
Гөринде тик турар бүгин атаңыз.

Үш шуўмақты ядқа билмес қай баллар,
Үш шуўмақты ядқа билмес ҳайўанлар!
«Қаракесек»ти «ишип» қара суўдай,
Гимнин есинен шығарып қойғанлар.

Қурасыз ба сизлер айдын келешек,
Қоймасаңыз мәңгүрликке еле шек,
«Қарақалпақстан деген атыңды
Әдиўлеймиз мәңгиликке» демесек.

Бийик минберлерден жаңламай-ақ қойсын,
Мейли, дүнья қунт етип тыңламай-ақ қойсын,
Ел қосығын еске алмас ессизлер,
Анасының қарнынан туўмай-ақ қойсын!

Аллаяр Дарменов
23.04.2020


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Сәлемге әлик алып билмейтуғын яшуллыларға

Сақалыңның садағасы кетейин,
Жулып алып бирим-бирим өртейин,
Әлик алыў еледағы ешейин,
Пуллы болса банкрот болар едиң.

А. Дарменов,
25.08.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

...Қулласы, салы суўды қуртты, салы ҳәкимди жумыстан шығартты, салы өйтти, салы бүйтти деген гәплерди қояйық. Әўели 25-майда ағын суўға қанаат етпей, суўды сатып алып бир-бириниң үстине сеўип ойнап жүрген балаларыңызға жақсылап тәрбия берип алың, ҳүрметли Ҳүрметлилер!

Толық:
👇👇👇

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Тас атқанлар саў болың,
Қақсатқанлар саў болың,
Жеттим-жеттим дегенде,
Ақсатқанлар саў болың.

Мазақ қылғанлар саў болың,
Дузақ қурғанлар саў болың,
Аўыр күнде айналамнан
Узақ турғанлар саў болың.

Сырттан саярлар саў болың,
Сырым жаярлар саў болың,
Алла бизге яр болсын,
Аллаярлар саў болың!

А. Дарменов,
08.08.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Ихлас_сүреси

Шынжырсыз шалқыр шайтанлар,
Қалмаған жерде пайғамбар...


Әй-ҳаййй!

@paziyletuz

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Тили басқа, дини басқа кисилер,
Дилмашсыз-ақ кеўилимди түсинер.
Кимди мәңги көтереди усы жер,
Бәри ўақтынша!

Денесиниң ақ қарасын бөлмей-ақ,
Жасар едик есиклерди илмей-ақ.
Қурып кетсин, дүньясына күйме тап,
Бәри ўақтынша!

Дослық көпир бузылғанда жатласып,
Беккемлейди бирадарлық қатнасық.
Бир күн қалар хасылың да тат басып,
Бәри ўақтынша!

Ҳей, адамзат! Ғәплет басып көзиңди,
Жерде жүрип жатырқайсаң өзиңди.
Тегиң бир ғой, өзгертсе де жүзиңди...
Бәри ўақтынша!

Саҳипжамал Сырғабаева

@SSirgabaeva

@QRjas_doretiwshiler

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Сабырдың соңы

-Қоңсы, дүкәнға паёк келипти дейди.
-Не берип атыр екен? Және сабыр ма?
-Қайдем.
Қоңсысы паёктан тез-тезден ала берип таўдай болып кеткен сабырына қарады да дүкәнға бармады. Бул ирет дүкәнда бахыт үлестирилип атыр еди.

Аллаяр Дарменов
15.06.2020



Жеке канал силтемеси: 👉

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Бий баланың айтқаны

(Ерназардың руўхына бағышлайман)

Еркелетпе, ержеттим,
Сүйме, мейли сыйпала.
Болды ақыр перзентиң,
Елге белли бий бала.

Бий баламан, бий бала,
Көз жасыңды тый, Ана,
Қайтып алдым сөзимди,
Сүйгиң келсе сүй, Ана.

Бий баламан, бий бала,
Дәрт сабағын қый, Ана,
Мен сыймаған дүньяға,
Өзиң қалып сый, Ана.

Балаң сениң бий бала,
Иниме бер той, Ана,
Қумар Ана қызысаң,
Жылағанды қой, Ана.

Алла берген бий бала,
Алла алды жай ғана,
Жетер суўға шүмгеним,
Көз жасыңды тый, Ана...

А. Дарменов,
09.07.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Пандемия қурбанлары менен руўхый сәўбет

Сизлер кеткели
Аза туттық бираз,
Бетимизди жасырдық.
Даўам ете берди турмыс ғалма-ғал.
Умыттық карантин болмады мысал...
Қара пакет оранғанлар қанша еди,
Таза ҳаўа соранғанлар қанша еди,
Биреўге төр буйырмады,
Биреўге гөр буйырмады.
Сизлер кеткели
жатып ишер болдық,
Жумыс ислемей тапқанды сатып ишер болдық.
Ақтарсақ көп екен дәртлеримиз,
Қалмады кирмеген «дәптер»имиз,
Мойнына минип алдық мәмлекеттиң,
«Ун бер, май бер,
Порталға жазаман!!!
ҳәжетханамды қазып бер,
қайда кеттиң!»

Сизлер кеткели,
күнде той, дегишпелер
Болды бир-еки гөжеге қоса
қан төгиспелер.

Сизлер көрмедиңиз
Украина наласын,
Өлип көрмеген адамзаттың
қара жерге таласын.
Сизлер умытылдыңыз,
Умыттық бизлер,
Өтириктен жыладық,
Өтириктен айбындық,
Өтириктен хат жоллап
Өтириктен сағындық.
Баўырына баса алмай баласын
Врач ана қамсығар еди
Соңғы деминде де журтты күлдирип
Илҳам Сайманов
Ҳаўа таппай туншығар еди...

Кешириңлер
Шырқыратсам әрўағыңызды.


Мен қумсадым бар ўағыңызды...

Аллаяр Дарменов
08.07.2023.

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Баймурзаев босатылсын!

Қарақалпақ халқын ҳәр күни таңда сәлем берип оятатуғын «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўи тиккелей эфирге көшкели бираз қызыққа батып атырмыз. Баслаўшылар бирде албырап сөзин умытып қалса, бирде мийманды таныстырмай сәўбетке кирисип кетеди, ҳәтте, көрсетиўге кешигип келетуғын баслаўшылар да табылады. (Ерте ояныў аңсат емес шығар дә).

Мәйли, жумыс бар жерде кемшилик болады. Кемшилик бар ма, демек жумыс болып атыр деген сөз. Мен ҳәзир сол баслаўшылардың ишиндеги ең оңбай қалған жарымеси Дәстан Баймурзаев туўралы еки аўыз айтпасам болмас.

Кешеги 2023-жыл 23-апрель, екшемби күнги «Ассалам»ды көрдиңиз бе? Бастан аяқ көркем өнердиң адамлары мийманда болды. Рубрикалары да дәл солай. Қуўыршақ театрдың хызметкерлери менен қумарынан шыққанша аўзы гөжедей қайнап сөйлескен Баймурзаев Савицкий музейиниң қәнигелери менен де дерлик өзи сөйлести. Қасындағы баслаўшы Шахноза Қудайбергеноваға гезек бермеди. (Болмаса Шахноза адамға гәп бермейтуғын қыз)
Көрсетиўдиң ақырында да мийманға бақсы кызды шақырып, қулағы аўзында болды.

Ақыры, ҳәзир егис ўақты. Фермерди сөйлетсин бир. Бала-шағасы менен дастурқан басында отырғанын көрсетсин халыққа. Ямаса докторды шақырып, кеселлик туўралы айтқызың. Адамлар ҳәпте даўамында баслығы руқсат бермей, аўыра алмай жүр. Еплеп «қәләгүн» арқайын аўырыўға ўақыт тапқанлар көреди ғо. Азан менен бир доктор шығып, аўырыў туўралы езбелеген соң саў адамлар да ҳәз етип аўырғысы келеди, расы.

Биз Баймурзаевтың үстинен ис қозғаў барысында бираз мағлыўматлар топладық:
-Оның тийкарғы кәсиби театр актёры екен. Сол актёрлығынан пайдаланып, түрли мимикалар, импровизациялар қолланып, қысыныспалы жағдайлардан ҳийле тәсил менен шығып кетеди екен. (Басқа баслаўшылар алдынан қырғаўыл пыр еткендей албырап қалар еди).
-Ол шайырлардың, әсиресе, Ибрайым Юсуповтың қосықларын көп ядқа биледи. Редактор жазып бермеген, сценарийде берилмеген болса да тез-тезден қосық пенен сөйлейди. Бул редакторға деген ҳүрметсизликтиң шыңы.
-Баймурзаевтың журналистиканы оқып питкермегени беп-белгили. Себеби ол миллий журналистикамыздың бай сөзлик қорындағы ең көп қолланылыўшы «ыы-ыы», «ыы-ымм» сыяқлы қунлы, «әжайып», «әлбетте», «билесиз бе?», «әзизлер», «жүдә дурыс» дегенге уқсаған бийтәкирар гәўҳар сөзлеримизди жүдә өнимсиз қолланады.
-Бул жигиттиң тағы бир кемшилиги нангөрекке уқсайды-ийкемшил. Динозаврлар дәўиринен берли еле жасап киятырған бул ширкей кусап Баймурзаев та ҳәр баслаўшы менен әлпи алысып кете береди. Тәжирийбели журналист Улбоған Еримбетова менен де ямаса еле студент Шахноза Қудайбергенова менен де бирдей ойнап-күлип отырып басқара береди.

Билесиз, бул көрсетиў 20 жылдан аслам тарийхқа ийе. Баймурзаевқа уқсаған билеўиклер себеп, көрсетиўдиң, ҳәтте, Қарақалпақстан телеканалының рейтинги көтерилип кетип, көз тийип қалыўы мүмкин. Оның үстине, заманагөй медиклер оны емлей алмайды. Бурынғыдай, арқасы бар тәўиплер де ҳәзир қалмаған шығар.

Қысқасы, телевидениемизди көзи қатты көзмәмбетлерден қорғаў, ыы-ы оны келешек әўладқа, жаңағы, чистий ҳалында жеткерейик десек, Баймурзаевты дәрҳал босатыңлар!

Аллаяр Дарменов,
24-апрель, 2023-жыл.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жас шайырлар ҳаққында өз алдына көрсетиў таярланды

Хабарыңыз бар, усы жылдың 13-июнь күни Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи ҳәм «Жас дөретиўшилер» клубы менен биргеликте «Шайырлар айтысы» жойбары әмелге асырылған еди.

Онда ҳәзирги күнде өзлериниң өзгеше поэзиялық дөретпелери менен көзге түсип киятырған жас шайырлар жазба ҳәм жанлы түрде айтыс шөлкемлестирип, талантларын жүзеге шығарды.

Илаж ҳаққында «QARAQALPAQSTAN» телевидениеси жәмәәти тәрепинен көрсетиў таярланды. Биз усы көрсетиўдиң толық нусқасын нәзериңизге усынып отырмыз.

Көриң ҳәм баҳа бериң.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың
👉@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Бәри жақсы болады

Қайғы муң да келтиреди көп келеге,
Саў адам өмирин муңсыз өткере ме?!
Қайғының да қайыры бар, өкпелеме,
Бәри жақсы болады!

Журт өзи сондай, күнлей берсин жабылып,
Тайсалма сирә сабыр көрпе жамылып,
Жатырған шығар бахыт сени аңылып,
Бәри жақсы болады!

Жылайман болма, сүртейин кел жасыңды,
Үркитип алма қонажақ бахыт қусыңды,
Тәрк етсин тәшўиш, қой желкеме басыңды,
Бәри жақсы болады!

Баслы сыйлық маған мыйық тартқаның,
Мыйығың еслетеди таңның атқанын,
Муң мәзи, ал бахыт мәңгилик, күт жаным,
Бәри жақсы болады!

А. Дарменов
30.09.2020


Канал: @Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Нөкис туўралы толғаныс

Илим қуўып, жумыс излеп аўылдан,
Қанғып келдик, сен усындың «дом»ыңды,
Бәри саған үйирсек, бәри баўырман,
Ўа пайтахтым, терис кийме тоныңды.

Көп қыдырдық Қызкеткенниң жағасын,
Тойхана қалмады бизлер кирмеген,
Студент алып әйтеўир баҳасын,
Питкерип шығып жүр еплеп ел менен...

Жума келсе жол машқала, иркиниш,
Ядқа алар мусылманлық парызын,
Есапласаң ҳәр биреўде еки -үш,
Төлеп қутылсам дер банктен қарызын.

Базары бийжөн, Дамасы басқан,
Ҳүўиллеген театр ҳәм музейи,
Нөкис ата-анасы ажырасып атқан
Баласы талас қалаға мегзейди...

Шөрек, пәтир, буханка, шырмайы бар,
Ҳәр дүкәннан нанның ийси шығады,
Усар гейде Тоқайдың Қырлайына*,
Ал, гей гезде... қанның ийси шығады.

Машыны көп өскен жасыл теректен,
Нәўбет тынбас ярмарканың алдында,
Мени ел сүймейди деп шын жүректен,
Қапа болдың ба?

Нөкисим-әй, Нөкисим.

Түсиндирме:
*Қырлай– атақлы татар шайыры Ғабдулла Тоқай жасаған, жырлаған тәбияты сулыў үлке.


А. Дарменов,
28.06.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ашықлық

Самалыңды сүйдим,
Дәрья, кәнарыңды сүйдим,
Қаўын, ғарбыз, асқабақ,
Алма, әнарыңды сүйдим.
Қара тәнли, ақ тәнли,
Еркек, ҳаял, жас, қарты,
Сүйемен бәрин пәк жанлы,
Пәк, пәк, пәклик шәрти.
Адам аталық нәсил,
Айға кеме қондырған,
Адамзатты ең ҳасыл,
«Дүньяның көрки» қылдырған.
Жер, аспаныңа ашықпан,
Жыр, дәстаныңа ашықпан,
Өзиң сайлап сүйдирген,
Шын қостарыма ашықпан.
Барлық динли, динсизлер,
Мәңги үнли, үнсизлер,
Өнериң ғой өзиңниң,
Алдыңда сениң ким бизлер!
Жасаў, Өмир шырайлы,
Қәне, қайта келе берсең,
Ал, мен нетейин қудайды,
Сүйе берсем, сүйе берсем...

Аллаяр Дарменов,
26.06.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Жас_дөретиўшилер_клубы
#Тахтакөпир_тәсирлери
#Қаратерең_илҳамлары
#Бөршитаў_битиклери


🏔БИЗЛЕРДИ ӘДЕБИЯТ БИРЛЕСТИРДИ!

📝ӘДЕБИЯТЫМЫЗҒА, ӘДЕБИЙ АЎЫЗБИРШИЛИГИМИЗГЕ КӨЗ ТИЙМЕСИН!


Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

...Қурасыз ба сизлер айдын келешек,
Қоймасаңыз мәңгүрликке еле шек,
«Қарақалпақстан деген атыңды
Әдиўлеймиз мәңгиликке» демесек.
..

А. Дарменов

Дәстан Баймурзаев оқыды

Инстаграм:

@allayardarmenov
@dastanbaymurzaev


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Салының өкпеси

(сатиралық тымсал)

Ал қәне, дөҳметшилер, неге тилиңиз қысық? Сонша жыл суўдың тамтарыслығына айыплы деп мени силтеп көрсетип киятыр едиңиз ғо. Өзлериңиз мениң арқамда шигин болып суў ишип киятырғаныңыздан хабарыңыз жоқтай. Аралды қурытқан гезиңизде пахта ағама жаланы жаўып қутыла кеткен едиңиз. Ағамды ақ, мени сары алтын деп жүдәмә көкке көтерип жүрдиңиз баста. Енди ултанды қайыр тепкенде суўдың жаўы атана қалдық па? Ағам менен мениң арқамда қабат-қабат жайлар салып, иномарка машиналар минип, тойлар бергенлериңиз, былқылдақ креслоларда отырғанларыңыз ядыңыздан шықты ма? Пахтаның майы шықты, енди салыны сабайық жақсылап дейсиз ғо я?

Ҳәр қала күни өзли-өзиңиз “Нөкис”ти, қонақ келсе “Лазер”, мәртебели инсанлар болса “Аланга”ны таўып асып жүрдиңиз. Ярмаркада “Пәкстан”ға нәўбетте турдыңыз. Жүўериңиз шөллеп атырса блогер таўып “Салы баронлары сағаны беклеп қойыпты” деп дуйым журтқа жар салдыңыз. Ал, тас түссе талайыңыздан көресиз енди.

Бурын анаў Ленинниң сүўретин гүриштен соғып Мәскеўге апардық деп паңқылдар едиңиз. Бираз шайыр-жазыўшыларыңыз мен туўралы қосықлар, романлар жазып та жүрди. Енди мениң кесиримнен әдебият та өзгере ме (өзгертиле ме?)?

Негизи, сизлер нан жеп үйренген халықсыз. Нанхорсыз. Бир зат болса нан урсын деп ант ишесиз. Бийдайдың қудайы берип қалған сизлерге. Жүўери деп жан күйдириўиңиз де зағара ушын. Мен сизлерге өгеймен. Палаўды да тек қала күнги менюге қоясыз. Онда да манты менен таласып қаламыз. Япон менен кәрислердиң қосуўыслап гүриш жеп отырғанын көрсеңиз күлесиз. Жас келинлериңиз баласына бурынғыдай гөже писирмей, каша сатып алып береди. Гүриш сорпа писирген күн үйде даў-жәнжел: “Бир тойымлырақ тамақ ассаңо”. Шалбарыңның аўы айрылып кетейин деп тур салмағыңнан. Қамсемиз!

“Салы егиўге тыйым салынды, тек анаў алыс районларға ғана руқсат”, “дизеден өтип, дәнге кирген салыларды да қыряпыр қылып атыр, фермердиң дуў-сыйына қарап та атырған жоқ”, “быйыл гүзде гүриш қымбатыйды” деген гәплер ҳәзир тренд болып тур. Қымбатысам неғыпты, доллар көтерилип атыр. Гүзде той бережақларға: “ишиңиз күйсе дуз жалаң”. Бесеўара бир табақ қойың. Палаў тарта алмасаңыз жүўери гүртик тартың. Мениң жағама асылғанды қойың. Айтпақшы, мениң кесиримнен бираз басшылар аттан түсти деседи. Маңлайын жарсаң бир сол адамның. Өзиниң нәпсин тыя алмағанына мен бе гүналы?

Қулласы, салы суўды қуртты, салы ҳәкимди жумыстан шығартты, салы өйтти, салы бүйтти деген гәплерди қояйық. Әўели 25-майда ағын суўға қанаат етпей, суўды сатып алып бир-бириниң үстине сеўип ойнап жүрген балаларыңызға жақсылап тәрбия берип алың, ҳүрметли Ҳүрметлилер!

Аллаяр Дарменов,
20.08.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Уста Мопалмоға

(Мопалмо – Жумонг сериалындағы қылыш устасы)

Тарс етти де сынып түсти,
Үстиңнен күлди улыслар,
Жумсасаң да бар күшти,
Сынады неге қылышлар?

Ишиңди ыза кернейди,
Дәрт пенен азап жутарың,
Ҳүжданың күнде тергейди,
Семсерге мүтәж Ўатаның!

Тилиң қысық, тыйық сынса,
Намыстан мың рет өлесең,
Нәйлаж тағы күш жумсап,
Темирди таплай бересең.

Семсерге мүтәж Ўатаның.

А. Дарменов,
19.08.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Архив

Жыртық кемеде

(Оқыған: Султанбек Қәллибеков, "Қорқыт ата" драмасы режиссёры)

Менде не айып
Сенде не айып
Жыртық болса кемемиз?!
Екеўимизге де теңдей
Қам сүт берген енемиз.
Жемтик етпегей бизди жайын,
Сырқа берме көздиң майын,
Ескек ес, мен жыртықты жамап,
Жылан болып буратылайын.
Қыйналма суўды төгиўге,
Ҳақымыз жоқ шөгиўге,
Өшсе де қаралай өкпемиз,
Гөр болмайды бизге көк теңиз!
Бир мийирман Алла, еки мәрт еркек,
Жылаў қатын иси, желқомды тарт тек,
Қайда жазылған кемеси жыртықлар,
Теңизге мантығып өлиўи шәрт деп!?...

А.Дарменов
29-30-март, 2021-жыл.

Канал:
@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ур, жық!

Аўылластан ары тур,
Жығылғанда барып ур,
Урыўлас па ол бәрибир,
Ур, жық!

Ағаң болсын, иниң болсын,
Бар баўырлас жиниң болсын,
Қолды созар күниң қурысын,
Ур, жық!

Аты озса ғажып же,
Жамбасыңа басып же,
Бармағыңды қосып же,
Ур, жық!

Жат таласа бирге тала,
Сабаса сен де сабала,
Шақ, шағала, шағала,
Ур, жық!

Едил қайда, ел қайда,
Елим дейтин ер қайда,
Татыўлықтан не пайда?
Ур, жық!

Бөри жесин бәриңди,
Ойла тек те қарынды,
Сатып намыс, арыңды,
Ур, жық!

Жаў не керек, өзиң жаў,
Көзинше мақтаў сөзиң жаў,
Бизди қурытар бизиң жаў,
Ур, жық!

Ур, жық!
Ур, жық!
Ур, жық!

А. Дарменов.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Сарсылыў

Жан едим жанып турған,
Өрт тамызық тамып турған,
Жаўшымшықтай көп екен,
Лебизинен танып турған.
Өсектен жаман бос ўәде,
Журтты қуры жалықтырған.
Жүрегимди жулып алыў,
Бас әрманың қалып турған.
Алды бурын муш көтерер,
Бәриң қорқақ барып турған.
Қудай берсе көп қуўанбаң...
Бәриңизди танып турман...

А. Дарменов,
17.07.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қудайға шүкир
(Драббл)

Буннан бир жыл 9 күн бурын туўыў үйинде дүньяға келген нәресте жанландырыў бөлиминде бирге жатырған, өзинен 2 күн бурын туўылған нәрестеден сорады.
–Мен қай жерде туўылдым, айта аласаң ба?
–Қарақалпақстанда.
—Уҳ, қудайға шүкир.

А. Дарменов,
11.07.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

"Көрдиңиз бе, бул мениң балам!" дейди мардыйып ҳәрқайсы ана өз перзентин телевизордан көргенде.
Сондай, "Jaslar tv" жәмәәтине де, қосығымызды оқыған балаларымызға да алғысым шексиз. Тап қосығына нама жазылып, клипи эфирге кетип атырған бир қәлемкештей сездик өзимизди.

Барыңызға рахмет!
Бәриңизге рахмет!

Канал: @Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ертең екшемби. Азанда 07:00де «Ассалам»ды қудай қәлесе Баймурзаев басқарыўы керек. Мына гәплерден кейин бети шыдармекен экранға шығыўға)))

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

БАЙМУРЗАЕВ БОСАТЫЛСЫН!

Мен 2023-жыл 24-апрель күни бир гәзитке телабаслаўшы Дәстан Баймурзаевты жумыстан босатыўды соранып мақала берип едим. Баймурзаевтың төбеде танкилери күшли ме деймен, гәзиттегилер де еле басыўға қорқып отыр. «Жарамлылық мүддети» өтип кетпей турып, мақаланы сизлерге усынайын.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жас жазыўшыға мәсләҳәт

Қәўипли
Даралар менен дана болмақ,
Даналар менен дараласыў да,
Болмайды гөне тарийхты геўлеўге,
ҳәм сиясатқа араласыўға.

Қәўипли
Көп оқыўға батысты,
Гёте, Пушкин, Шекспирден аўлақ тут жолыңды,
Шығысып кетесең шығыстан
айрыласаң өзлигиңнен,
Миллийлигиңди минлет ете бер!

Қәўипке қойма
Қара басыңды
Айдосты ақ де, қара де,
Қунын сорап Бегис пенен Мыржықтың,
билгениңше роман жаза бер.
Дәлиллеме тек.

Алға кетпе,
Көз тийеди,
көз тиймесе сөз тийеди,
Изде де қалма,
ортада жүр де басыңды буқ,
Буқ,
Буқ,
Әдебият буққышларды сүйеди!

Қәлемиңниң мың жазғанын,
Миллион рет өширесең,
әртис атақ алса,
вайнерге медаль берсе,
масқарапазлар үлги тутылса елде,
Кишипейиллик керек бизге деп,
Бәрин кеширесең.

Журт оқымаса сени,
Қабақ үйиўге болмайды,
Өзиңди терге,
сотла ҳүжданды,
Тас атпа оқырман елге.
Және
сүйсең де адамды,
Туўған Ўатанды,
Қатты сүйиўге болмайды.

Ақылды ал, алма, өзиң бил.

04.07.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Блокнот_қосықлардан

***
(И. ҳәм С.ға)

Дәртимиз теңиздей даўыл астында,
Келеди өз-өзим ғаўырласқым да,
Аўылдан алыстамыз, өзиңе мен
Бир туўысқанымдай баўыр бастым дә.

«Дослар» шад болысып ойнасар еди,
Умытып бизлерди тойласар еди,
Жат жер, жат ҳаўа, жат аспан, жат бизлер,
Бизге сол гез жатлық миясар еди.

Секундлар сааттай созылған демлер,
Маңлайға әўелден жазылған демлер,
Түсинсеңиз жарамды тырнамаңлар,
Түсинбесеңиз үндемеңлер...

А. Дарменов,
30.06.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Анаў аспанның көксинен,
Мен Қуяшты жулып алдым,
Жулдызлар да өксиген,
«Тер бизди» деп турып алды.

Гүлдирмама гүлдир-гүлдир,
Бултты салдым дорбаға,
«Мен қалмайын!» Жаўын мөлдир
Жылап жиберди жортаға.

Бәри де кеткиси келер,
Ай отырды ийниме,
Ләбимнен өпкиси келер,
Шық түсип алды кейниме.

Нәпәклик көкти де жайлар,
Көкжийектен безер бәри,
Жалған, дөҳмет, жалатайлар,
Жағымпазлық шарбазары...

Хор болмасын булар байғус,
Дедимдағы арқаландым,
Сол ўақытта Шолпан жулдыз,
Гүбирленди арқадан бир:

«Мәрт екенсең, Жер баласы,
Жаўжүреклик бар жас жаннан,
Жақсы шығар жер даласы,
Бизлердиң бузық аспаннан»

Сораў саған растан да,
Жер жақсы ма, аспан ба?

А. Дарменов,
27.06.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ийман белгиси

От түскендей қораңа,
Қоз басқандай жараңа,
Кинодағы нар түйе,
Жығылғандай ураңа,
Жуўырасаң желөкпе,
Аҳ, басшы, бийшарам-ә!

Аңсат емес саған да,
Бар, аға, сениң ағаң да,
Жөликшилик жарамас,
Мына Жәйҳун жағаңда.
"Ўатан" сөзин сүймейсең,
Сүйдиртпейсең, жалған ба?!

Шайырды шайтан дейсең,,
Шүйелди шыйқан дейсең,
Қорқасаң өз саяңнан,
Атлыны атам дейсең,
Миллетим жоқ, метиспен деп,
Креслоңды Ўатан дейсең.

Ушығы бар ҳәр тилдиң,
Пасығы бар ҳәр елдиң,
Бюрократқа бағынбас,
Қырсығы бар бар елдиң.
Мен болайын сол қырсық,
Келмесе егер мәлел дым.

Бетиңди булай жыйырма,
Қабақ шытқан байыр ма?
Ўатанды сүйиў ийманнан,
Ийманымнан айырма,
Елдиң күни қалмасын,
Иймансыз гил "шайыр"ға...

А. Дарменов,
19.06.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ассалаўма әлейкум, әдебиятсүйер қәўим!

Сизлерди ертең, 13-июнь күни саат 11:00 де болып өтиўи жобаластырылып атырған «Жас дөретиўшилер» клубы ағзаларының айтыс кешесине мирәт етемиз!

Кеше даўамында сиз ҳәзирги күнде қәлеми ысылып киятырған жас шайырлардың жазба ҳәм аўызша айтысын тыңлаўыңыз мүмкин.

Келиң, көриң, заўықланың!

Мәнзил: Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи.

Бағдар: ҚМУ жанында.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың
👉@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…
Subscribe to a channel