Мына пикирден, сол гезлери өз-өзиме берген сөзимнен алысламағаным мақулдай. Балалардан, балалықтан айырмағай...
Читать полностью…#Архив
Өзгеше ҳәййиў
(Драббл)
Айнанайын, адреналин қан басымын асырады,
Ацетилхолин, жан балам, қан басымын түсиреди,
Астеник – руўхый түскинликке түсип қаласаң,
Апатикте ҳәмме затқа бийпарық боласаң...
Ҳәййиў, ҳәййиў...
Қәйин ене түн бойына қоңсы бөлмедеги жас келинниң лекция аралас ҳәййиўин тыңлап жатты. Сонда кемпир мединститутта оқыйтуғын келинине "ертең имтиханым бар еди" дегенин тыңламай күн бойы палас жуўдырғанын еслеп, өзин кешире алмады.
Аллаяр Дарменов,
21.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
🔊🔊🔊ДЫҚҚАТ! ДЫҚҚАТ! БӘЙГИ БАСЛАНАЖАҚ!
🔆4-декабрь күни саат 14:00де Жаслар орайында Бәйги таңлаўы болып өтеди. Поэзия ҳәм сүўретлеў өнери бағдары бойынша өткерилетуғын таңлаўда 14-30 жас аралығындағы қәбилетли жаслар қатнаса алады. Жеңимпазларды баҳалы саўғалар күтип тур.
🐎Келиң, көриң, бәйгиде күш сынасың.
Толық мағлыўмат мына жерде:
👉 БӘЙГИ 👈
@Allayar_Darmenov
Мәртебең бәлент болсын, Ана тилим!
©️Аллаяр Дарменов «Тил кардиограммасы»
Қарақалпақстан медицина институты студенти Бексултан Арзымуратов
@www_kkmi_uz
Байрам қутлы болсын, Ўатанласлар, дүнья жүзи қарақалпақлары!
@Allayar_Darmenov
Ақмылтық
Думалайды, көз жасың думалайды,
Думалап жүрегимди жаралайды,
Асыра бермең қуяштың мақтаўын,
Мен сүйемен усы жаралы айды.
Күлимлеп қарсыладық жалаңызды,
Аўа, мен сүйдим дәл сол қара қызды!
Бахыт тилеў қолыңыздан келмесе,
Батырың бизиң жақтан қараңызды.
Бәриң аңшы, биз шапсақ кийик болып,
Ишқымыз бар ышқыдан бийик, тынық.
Қудай жазса, қақпанларға қуламай,
Жасаймыз көзиңизге күйик болып.
Еле талай тисленесиз, тозасыз,
Журт көрмеген жала жойбар сызасыз.
Бизлер ақшам бесик шайқап жатқанда,
Сизлер байғус өсек роман жазасыз.
Сонда да қорқаман сизлерден базда,
Көзлер қатты келер сөзлерден базда,
Ақмылтықлар аўқамласып бириксе,
Таяр жемтик жоқтай бизлерден басқа.
Бирақ ойламаң деп шайыр жай халық,
Кетсе егер ығбалымыз шайпалып,
Ақмылтық түўе қарамылтық болсаң да,
Таслайман көзлериңди ойып алып!
Уқтың ба?
Аллаяр Дарменов,
25.11.2023.
Ақмылтық сөзиниң мәниси
@Allayar_Darmenov
#Архив
АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ
(дүрким)
1
Қарақалпақша
Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Ол инсанның кимлигин билгенимде еди…
Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.
«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.
Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.
Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Жоғалады» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.
Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...
2
Тил кардиограммасы
2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо….»
Миллет руўхы қанымызға тарап тур,
«Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур,
Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр,
Тил де солай өмир сүриўи керек.
Усы тил көз ашып көргениң сениң,
Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң,
Тилиң өли десе өлгениң сениң,
Буны жети әўладың билиўи керек.
Тиришилик-ийретилген сызықлар,
Инфаркт етер тилди тили бузықлар,
Айланып табар деп күтер қазықлар,
Бассыз кеткен атлар келиўи керек.
Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат,
Тири болсаң тири тилде даңқ тарат,
Импульс бар ма- жатпа бийкар жалт қарап,
Тилиң дүньялық тилге кириўи керек.
Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде,
Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде,
Қулпытасыңда күн келип өлсең де,
Қарақалпақша сөз турыўы керек!
Аллаяр Дарменов
2019-2020-жыллар
/channel/Allayar_Darmenov
Кинотамашагөй
– Кел, тамашагөй, таза киномыз бар,
Тиккелей эфирде көресең бәрин.
Әҳли мусылманның наймыт мақлуқлар
Танкте сейил етер емлеўханаларын.
Рогатка атқандай жаўады бомба,
Залым зомбилерден қамалда халық.
– Зор кино қусайды, барайық онда,
Күлисип көрейик, попкорн алып.
Бирақ Африкада аштан өлгенлер,
Сорлы аўған халқы... темасы гөне...
Ал, бул таза кино, бар ма көргенлер?
Қанша қан төгилер, көрейик қәне?
Режиссёрға рахмет айтайық бирге,
Ал, жүр, кино көрип қайтайық бирге.
Аллаяр Дарменов,
20.11.2023.
@Allayar_Darmenov
Өмирбектиң енши ала алмай қалыўы
(авторлық тоқыма анекдот)
Бир күни Өмирбек дайысынан жийен пайын алыўға барса, дайысы аўылласы менен айқасып, төбелесип атыр екен. Аўылласының астында жатырған дайысы жийенин көрип, “неғып турсаң, жәрдем бермейсең бе?” десе, мен сеннен жийен пайымды алыўға келдим, көмекке емес деп қарап тура берипти. Қара дәпеңниң астында өлимши болып, таяқ жеп есинен кеткен дайысын көрип, Өмирбек “ўай-ўай, дайымнан жийен пайымды ала алмай қалдым” деп жылаған екен.
Аллаяр Дарменов,
11.11.2023.
Анекдоттың астарын аўдарып қараўға да болады)
@Allayar_Darmenov
Әдебияттағы аласапыранлар туўралы ойлар
Пал ширесин сақлар нықлап палаўыз,
Жат жанға да айтқан тий деп нан аўыз,
Палсыз қалған гүл, нансыз қалған ел жоқ,
Тириликтиң туў төркини алаўыз.
Қытай дийўалының қапысын ашқан,
Өз Мәшребин “мәртлерше” дарға асқан,
Жаннаны жалынға күйдирген өртеп,
Иштарлық, алаўыз түби туўысқан.
Күлер гәззап Гандиди атып алып,
Күлер ханлар бийлерди сатып алып,
Толы журттың көзинше тек тон жаўып,
Алакөзди атқан олар жатып алып.
Бирликти ойлап қалдың енди неге?
Жаў кеткен соң түресең жеңди неге?
Оннанша, аўысық мәртлик руўхыңды,
Берип жибер ийтлерге деңгенеге.
Көз жибермек жоқдур ҳеш кеңнен алып,
Бәзим қурдық бирликти жерлеп алып,
Сүйеги сыртта жатыр Аллаярдың,
“Бир қап тары ишерсең меннен қалып”.
Аллаяр Дарменов,
08.11.2023.
@Allayar_Darmenov
#Мирәтнама
СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!
Усы жылдың 7-ноябрь күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешеси болып өтеди.
Халықты ардақлаған, халық ардақлаған шайырдың қуўанышын бөлисиўге, заўық алыўға гүллән халқымызды мирәт етемиз.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Ádebiy keshemizdi instagram betimizde tikkeley tamashalasańız boladı
https://instagram.com/jas_doretiwshiler_klubi/live/18242475544236681?igshid=MTc4MmM1YmI2Ng==
***
Мәккар көз нәзериң қурып қақпанды,
Жүректи аздырмақ ойлары бардай.
Әўели ақ кофта, қара юбкаңды,
Өзиң жуўып үйренип ал, ақудай.
Муҳаббат саўдасы салмағы аўыр,
Еле көп көресең, қалмайсаң кешке.
Маған емес, мектепке басып баўыр,
Шүкирим, оқый бер сабақтан беске.
А. Дарменов,
05.10.2023.
@Allayar_Darmenov
#Байрамыңыз_қутлы_болсын!
Пал ҳәрредей сирә тыным билмейсиз,
Ойын күлки, концертлерге кирмейсиз,
Жас әўладты жетелеп билим бағына,
Министрге тең айлық алып жүргейсиз.
Байрамыңыз қутлы болсын, ардақлы Устазлар! Мийнетиңиз жемисин, шәкиртлериңиздиң жеңисин көрип, қуўаныштан толып-тасып жүре бергейсиз!
Ҳүрмет пенен
Аллаяр Дарменов
@baxtiyarjumataev
@Allayar_Darmenov
***
Буўдақ-буўдақ шаң келер,
Түн артынан таң келер,
Адам кетер, адам келер,
Муңайма,
өзгер,
сөз бер!
Тек сенде ме машқала?
Тек сен бе бир масқара?
Тарт мурныңды жас бала!
Тиклен!
Өзгер,
Сөз бер!
Үмит суўын төгип жүр?
Қабырғасын сөгип жүр?
Шалшық суўда шөгип жүр?
Ҳәссений...
Өзгер,
Сөз бер!
Тәғдир дүз қуламайдан,
Таппағайсаң қудайдан,
Жалынып-ақ сорайман,
Дәл ҳәзир
Өзгер,
СӨЗ бер!
Түн артынан таң келер.
А. Дарменов,
28.09.2023.
@Allayar_Darmenov
Барыңа шүкир!
Барына шүкир!
Барыма шүкир!
Бәрине шүкир!
Барыңызға рахмет!😊
Бәриңизге рахмет!😊
@Allayar_Darmenov
Қара қузғын ҳәм қара қасқыр
(Дебдиў)
Қара қасқыр қансырады, ҳәлсиреди, мәдары кетти. Қара қузғын аңлыды, көзи қызды, қуўанды. Өлимин тезлетейин, барып арқасын шоқыйын десе айбынады: қасқырдың аты қасқыр. Дана жыртқыш жолда қумға аўнады, суўға түсти. Қан тыйылды. Қузғын өликсесиз қалды.
Илимниң жолына түскен адамның да бундай "тилеклес" қара қузғынлары болыўы таң нәрсе емес.
А. Дарменов,
05.12.2023.
@Allayar_Darmenov
Тилди инфаркт етер тили бузықлар!
Актёр Дәстан Баймурзаевтың режиссёрлық жумысы.
Роллерде: Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби ҳәм арнаўлы билимлендириўге мүтәж болған герең ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген 4-санлы мектеп-интернаты оқыўшылары.
@Allayar_Darmenov
Компас
Тапқыш жигит емес едим ондай дым,
Тек жүрек сезикленер даўыл алды.
Жол силтер компасы менен қудайдың
Сүйиклим, мен өзиңди таўып алдым.
Гейде адастырар ышқы орманы,
Алға баспай үрке берер жылқысы.
Өмирде ашықлардың бас әрманы
– Дусластырса қудайымның компасы.
А. Дарменов,
27.11.2023.
@Allayar_Darmenov
#Архив
АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ
(Дүрким)
3
Мениң Қарақалпақ тилим
("Бақша жасындағы ҳәм баслаўыш класслар ушын да тили жеңилирек бир Ана тили ҳаққында қосық жазсаңо, тап "Бабамыз бизиң Аллаяр"ға уқсаған" деп еди бир устазымыз)
Түркий бабам тилисең,
Батырлардың пирисең,
Өлмейсең, мәңги тирисең,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Шежиресисең Бердақтың,
Сүйенишисең урпақтың,
Тәғдирисең Қарақалпақтың,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Кенимехте, Тамдыда,
Зибанласлар қалды да,
Кирмейсең сен аз санлыға,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Туўысқан қазақ, ноғайым,
Бар қыпшақ қалың ағайин,
Дүньяға дабыл кағайын,
«Мениң Қарақалпақ тилим!».
Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң,
Соппаслы Сыпыра бабамсаң,
Авесто, Орхон, Қурансаң,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен барсан, бардур миллетим,
Сени асыраў миннетим,
Қалма латындай жур жетим,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Тентеклер бермейди төрин,
Сонда да төр беттен көрин,
Ийеле дүнья минберин,
Мениң Қарақалпақ тилим.
Сен – ақ бесик таянған Анам,
Кешип кетсе өзиңнен балаң,
Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам!
Мениң Қарақалпақ тилим.
Аллаяр Дарменов
01.11.2020
Канал: @Allayar_Darmenov
Ассалаўма әлейкум!
Жақында Жас дөретиўшилер клубының рәсмий жабылғанынан хабарыңыз бар болса керек. Алла буйырса, жақын арада Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи менен биргеликте тарийхымызды үйрениўге бағдарланған жаңа "Шежире" жас тарийхшылар клубын дүзиў нийетиндемиз.
Ҳәзир бираз жасы үлкенлер, тарийхшы устазлар менен кеңесип, ойласып атырмыз. Егер сизде де жаңа дүзилежақ клуб искерлиги бойынша пикир – усыныслар болса, төмендеги пикир билдириў бөлимине жазып қалдырсаңыз болады.
Рахмет.
@Allayar_Darmenov
Қуртлар ҳәм отыншы
(тымсал)
Қуртлар ғайзай берди теректи күнде,
Талай қыс азыққа жарады ағаш.
Дәл мазасы болар деп өзегинде,
Жалмап жута берди, көзлери аш.
Балтасын көтерип отыншы келди,
Қақшыйған сорлы тутты шаўажақ ол.
Бирақ та зыянкеслер даў көтерди:
“Ҳә зыянкес, тәбият жаўы! Жоқ бол!”
Ким зыянкес, кими ақыл, таўып ал,
Өзиң бил, я ғажый бер, я шаўып ал.
Аллаяр Дарменов,
12.11.2023.
@Allayar_Darmenov
Өлиниң туўылған күни
(сатиралық гүрриң)
Өли адам дым бийтақатлана берди: “Булар дым қызық-ай я? Өлди деп умытып кете бериў керек пе? Жаназамнан бир ҳәпте өте сала лаўазымымды басқа биреўге тапсырды. Устаз деп изиме ерген шәкиртлер де басқаның етегине асыла кетти. Ана меннен кейин өлген Өтемис туўралы шәкиртлери китап шығарды. Мениң болса мурным пушық”. Өли қәте өзинен де кеткенин билип ыңырсыды. “Бул болмайды. Быйыл мениң 80 жыллығым, ақыры. Ана 68де өлген Мәтибайдың 70 жыллығын қәйтип белгиледик?! О-ҳо! Қәбирине гүл ушын коллективтен 20 мыңнан, баннерге 40 мыңнан, буклетке 15 мыңнан жыйнадық. Мәтибай-әм бир Тахтакөпирдың төриндеги мазарға, атасының қасына қойың деп айтып кеткенмиш. Өмириң Нөкисте өтти ғо, усы жақта жата берсеш. Оған да 60 мыңнан машын жаллап барып қайттық. Ал, мыналар мени еслерине де алмай атыр, мәңгүрлер-ә. Бир илажын қылайын. О! Бир пикир келди.” Бул пикир өлини қуўандырғаны соншелли, қәбирден ушып тура жазлады. Ол бүгин түнде өзиниң орнына болған таза баслықтың түсине кирежақ. Бәрин түсиндирип, юбилейин белгилетежақ. Бирақ таза баслық түниң менен футбол көрип, саат екиде уйықлады. Оның уйықлаўын телмире күткен өли түсине кирип “мен тынышсызбан, мени умытып кеттиңиз ғой” деп даўыслады. Азанда оянған баслық қатынына шелпек писирткизип, ийис шығартты да қойды. “Ҳә оңбағыр” деп тисленди өли.
Ҳе, ана хаткер келиншектиң түсине кирейин, өзи әлпәйим, ҳәрдайым мүләйимсип кофе демлеп берер еди маған.
-Гүлзар қалайсаң, мени умытып кеттиңиз ғой,-деп енди гәп баслап атыр еди, келиншек шоршынып, мама деп қышқырып жиберди. Даўыстан күйеўи де ҳаўлығып оянды.
-Не болды?
-Бурынғы баслық түсиме кирди.
-Қартайса да жас қыз-келиншеклер менен жүреди дейтуғын еди. Солардың биреўи сен емессең бе, әйтеўир,-деп күйеўи шаўқым көтерди. Қараптан қарап жас шаңарақты ажырастырып аларман-аў деп оны тынышына қойды өли.
Буннан соң есапшының түсине кирди. “Баяғыда қатара алты ай айлығынан билдирмей жәми 500 мыңдай жеп едим. Соған мазамды алып атырған шығар деп қойды ол. Шофёры шоршынып, ҳаялына түсин жорытып еди, “айттым саған, оның туўылған күниңе берген көйлегин кийме, өртеп жибериўиң керек еди” деп шаўлап кетти. Қулласы, ҳеш биринен ис питпеди. Бул болса еки күннен соң сексенге шығады.
Ертеси күни кадрлар бөлиминдеги қыз гөне қағазларды тақластырып атырып, бурынғы баслығының паспорт нусқасын таўып алды. Қараса, ертең 10-декабрде туўылған күни. Юбилей сәне. Баслыққа айтты. Таза баслық бирден шоршып түсип, “жумыста меннен басқа ҳәмме биледи екен, тағы мени өли сыйламайтуғын топасқа шығарып таслар” деп ҳәммеге тапсырма берип шықты.
Түске шекем мирәтнамалар таярланып, ийелерине тарқатылды. Пәлен сумнан ақша жыйналып, гүл алынды, баннер исленди. Шайырсымақ биреўге арнаў қосық жаздырылды.
Ертең азанда жумысындағылар өлиниң қәбир басына гүл қойып зыярат етеди. Телевидение өз алдына еслеў көрсетиўин таярлайтуғын болды. Қалай да, өлиниң туўылған күни — 80 жыллық юбилейи көтериңки руўхта өтежақ. Тек те, қәнекей, баллары Дубайға қыдырамыз деп жыйнап қойған пулынан қыйып, ресторанда ма, бир дәстүрхан жайып, халыққа ас берип жибергенде...
А. Дарменов,
Ноябрь, 2023.
@Allayar_Darmenov
Қудай қәлесе, ертең Устазымыз Халила аға Дәўлетназаровтың 70 жыллық юбилейи өткериледи.
Халық шайырының жанында болып, қуўанышын бөлискиси келетуғын бәршени Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында күтемиз.
Байрам кешеси 7-ноябрь саат 11:00 де басланады.
@Allayar_Darmenov
Аўҳалыңды сорайтуғын,
Бул күнде адамға адам керек...
Карантин ўақтында жаратылған қырғыздың классикалық музыкасы.
Сондағы 2 ярым, 3 жыл алдын пүткил дүнья биригип, бәри бир жаў менен алысып атыр еди. Ал, енди болса, дүнья мусылманлардың бийгүнә қанының төгилиўин кинотеатрда отырғандай, тек жыйналыслардан ғана ары өте алмай тамашалап отыр...
@Allayar_Darmenov
🔥Дыққат! Сиз пәрўаз етиўге тайынсыз ба?
🕊Онда 24-октябрь күни саат 10:00де Нөкис қаласы Жаслар орайында биз бенен әдебият аспанына пәрўаз етиң.
🎶Пәрўаз даўамында сизге лирикалық поэзия, жағымлы музыка жолдаслық етеди.
🗯Және күтилмеген мәўритлер де болыўы мүмкин.
💫Пәрўазда көрискенше!
@QRjas_doretiwshiler
Ғәплет
(Драббл)
Базылар космосқа ушақ ушырып, базылар теңиздиң асты-үстине кеме жүздиртип, биреўлер бир адамның мүшесин басқасына көширтип, биреўлер дүньяның ана басындағы адам менен мына басындағысын жүзлестирип, әллеким шығындыны заяламай, оны инсанның мәпине қайта дәртке асырып атырған гези, әллекимлер әдебиятқа арқа сүйеп, әлемлик даңққа ерисип атырған ўақта, мен сениң қурылдыңнан сескенип кетип, илине жазлаған көзимди ашаман.
А. Дарменов,
12.10.2023.
@Allayar_Darmenov
***
Билемен, ўақтың жоқ, тойлар баса-бас,
“Папки”, “годик”, “отыз жыллық”, “медаль той”,
Журттан қалсаң асың бойға тарамас...
Мен туўралы ойлаў саған ҳарам ой.
Диджейлер дүркиреп сахнаны жарды,
Тамаданың даңқы шайырдан бәлент.
Тойлайсаң, үплейсең ҳәрипли шарды,
Ал, мен туўралы ойлаў бираз ғәлет.
Шоршынып шығасаң түсиңе кирсем,
Уйқымда сөйленип қоймадым ба деп,
“Жақсы болмас қатынға да сыр берсем”,
Жатасаң соң бөлмеңди де бөлеклеп.
Мәжбүрий күлесең көзиң қысылып,
Концертин күтесең Юморбектиң де.
Усылай дәртиңди азмаз жасырып,
Алдайсаң өзиңди бир-еки күнге.
Жағаңа түпирип қоясаң гәде,
Бәри изде қалды деп қам ойлайсаң.
Есиңе түсип кетсем шоршып және,
Тазадан той табасаң ҳәм тойлайсаң.
Балаңның басынан сыйпап сонда,
Ойламағай дейсең сениң ойыңды.
Иш-етиңди жейсең, “балам бурында
Берейик берилмеген сүннет тойыңды”.
Араққа жүгинип көресең базда,
Қайта ядыңа салар мени арақ.
Ойламаў қолыңнан келеди аз да,
Умытыў қолыңнан келмейди бирақ.
Аллаяр Дарменов,
О3.10.2023.
@Allayar_Darmenov
Айлық түссин
Баласы түниң менен жылап шықты. Күйеўи “Уфф, жумыстан шаршап келгенде өзи...” деп басқа бөлмеге кетип қалды. Ҳаял түниң менен уйықлай алмады. Азанда шай қояжақ еди, шырпы таўсылыпты. Еплеп күйеўиниң қалтасынан бир-еки шөп тапты. “Мама, кластың қызлары бүгин ролик ушыўға баражақ, соған пул бер” деди қызы өткен жылы алынып, быйыл аяғына тар болып қалған туфлийин зорға кийип атырып. “Айлық түссин, қызым” деп кеўлин алып шығарып салды қызын. “Кишкенемизди докторға апарайық па?” дегенине күйеўи “бәрибир дәри, укол жазады, биротола айлық түскенде апарарсаң” деди. 2 жастан жаңа өткен баласын ортаншысы менен үйде қалдырып, өзи жумысқа атланды. “Бақшаға бериўим керек сизлерди” дейди өзинше. Ҳаял уйқысызлық, түрли машқаланың таўын ийнинен бир силкип ылақтырып таслады да, жүзлери күлимлеп, класқа кирди.
-Ассалаўма әлейкум, Устаз!
А. Дарменов.
29.09.2023.
@Allayar_Darmenov
Мен биринши
Мен жумысқа киргенимнен баслап оның тынышы кетти. Тапсырманы жақсы ислеп, баслық мақтаса бултыяды да қалады. Баслықтың орынбасары болғанымда шыдамай басқа бөлимге өтип кетип, жоқарыдағы "аға"ларының пайын берип, кейин сол бөлимге баслық болып алды. "Мен биринши" дейди мысқыллап.
Мениң гәзиттен мақалам шықса, ол телевидениеге барып сөйлеп келеди. "Мен биринши".
Мен китап шығарсам, ол да бир жазыўшыға шай пулын берип өзиниң атынан китап жаздыртып, меникинен қалың етип шығарады.
Қаладан 2 қабатлы жай сатып алсам, ол өзиниң жайына және бир қабат қосып, 3 қабат етип алды. Мен жаңа машина алсам, ол өзиникин сатып, жетпегенине банктен кредит алып, иномарка минди. Ол биринши.
Бир күни тосаттан наўқасланып, емлеўханаға түсип қалдым. "Не, сонда ол меннен биринши болып өлежақ па?" деп өзиниң 3 қабатлы жайынан өзин таслап өлипти. Ол және биринши болды.
Мен болса және жеңилдим.
А. Дарменов,
22.09.2023.
@Allayar_Darmenov