Бабамыз бизиң-Аллаяр
(Бала тилинен)
Баслаған бизди жарыққа,
Жолшы жулдыз ол халыққа,
Ядыңда тут сен, умытпа,
Бабамыз бизиң-Аллаяр.
Қыйынлықтан камал тапқан,
Дөҳметлерден заўал тапқан,
Уллыдан қалған урпақпан!
Бабамыз бизиң-Аллаяр.
Қанымызда қаны бар,
Жанымызда жаны бар,
Билип қойың, таныңлар,
Бабамыз бизиң-Аллаяр.
Шегарамыз сызған-ол,
Автономия дүзген-ол,
Тарийхымыз жазған-ол,
Бабамыз бизиң-Аллаяр.
Әўладларға жаңғырық,
Теберик тулға, жан билип,
Сақлаймыз есте мәңгилик,
Бабамыз бизиң-Аллаяр!
Аллаяр Дарменов,
19.09.2020
Канал: @Allayar_Darmenov
АКАДЕМИК МАРАТ НУРМУХАММЕДОВТЫҢ ТҮРКИЯ САПАРЫНА АТЛАНАРЫНДА ТУЎЫСҚАН РЕСПУБЛИКАНЫҢ БИР ИЛИМПАЗЫНА АЙТҚАНЫ
… «Халқым бир ҳасыл еди!» –
Бул сөзден қайта алмайман.
«Жерим жап-жасыл еди!»
Дегенди айта алмайман.
I
Халқымның бир сыпаты:
Шетинен аңқылдаўық!
Досларға илтипаты,
Мақталған даңқын таўып.
«Даў!» десе, тура қашар,
Минбестен атын барып!
«Жаў!» десе, тарпа басар,
Ер түўе қатынлары!
Ғаррысы Мақтумқулы,
Бердақтың копиясы.
Бир ақшам тыңлаң буны,
Шежирениң көп уясы!
Көрмеген пәренжеңди,
Қызлары ҳеш әсирде,
Жек көрер нәренженди,
Қатынек, мүсәпирди!
Көрсең де паяпылда,
Қаймық, я кейин шегин!
Мат қылар сени жылдам,
Жуўаптан келиншеги!
Көрсетер елдиң салтын,
Халқының даналығын,
Қумардай Ерназардың,
Кейўаны аналығы.
Ҳаслына тил тийгизсең,
Ләттепәм, накәс төлсең!
Қызына тил тийгиз сен.
Қолынан өлгиң келсе!
Намысты өлмей берип,
Көрмеген арын сатып!-
Көкпарға жигитлери,
Ат алар барын сатып.
Шаңараққа қонса қонақ,
Жыйналар аўыл-аймақ,
Қой тапса жетер сол-ақ,
Таппаса атын соймақ!
«Тәңири» де күшин танып,
Қыйынға қайым көрген!
Иззетин басқа алып,
Мийнеттен пайын берген!
Жармыс, жап-жазбалары,
Өтмиштен жетип атыр,
Тутастыр қазғанларың!-
Тутас бир экватор!
Қум менен бирге жанып,
Бел менен қазған оны,
Қазыўдан усы халық,
Жәҳәнниң чемпионы!
көшиўге кәмбиллиги,
Цыганды таң қалдырған!-
Посыўлар кән бүлдирип,
Моншақтай тарқалдырған!
«Бөри жеп, бөлингенди»,
Желинген жат халыққа.
Жүзден тек оны келди,
Бул саҳра, батқақлыққа!
Азайып көптиң саны,
Қурытылар ҳалда келген!
Бунда да хан, султаны,
Былғалақ салған екен!
Тәғдийрдиң дигирманы
Мың жарса-ҳәм,
Сытылып тистен,
«Шурқ» етпей, «шыбын жаны»,
Бир дәни тири түскен!
Сол дәни өнип-өсип,
Ен жайған екен бунда,
«Дозақтың» оты есип,
Өртепти Қызыл қум да!…
…Шық тамбас таңлайына!…
Гөридур бул қула дүз!
…Қап-қара маңлайына,
Жарқ етип қонды жулдыз!…
…Өшлисин ғайзағандур!…
Жарқылдар найзалары!…
Найзалар – найзағайдур
Бултларды жарып-жарып…!
…Жазийра – жайнаған нур!…
Теңселген тораңғыллар!
Дәрьясы нәўпир еди.
Бир жықса ўайран қылар,
Әмиў айгапыр еди!
Жигити – қарабуўра!-
Жыққынға – арқасы бар!
Дәрьяны бурып туўра,
Ағызар арнасына!
Шыңғытар қолы менен,
Аралдың жайынларын!
Ертеклер жолы менен,
Апқайтар тайынларын!
Жылына алты ай анық,
Жап қазар беллер – батпан!-
Узақтан саға алып,
Алты ай ылай атқан!
Солайша бозын бостан,
Саҳрасын жайлаў еткен.
Тырбанып төле, қостан,
Этажлы жайға өткен!…
«Халқым бир ҳасыл еди!»-
Мың мәрте қайталайман!
«Жоқ-ғо, – деп, – ҳәсирети!»-
Еле-ҳәм айта алмайман-
II
«Туўған жер ҳәсирети!..»-
Бабамнан мийрас қалған.
«Жерим жап-жасыл еди!…»-
Десем-ҳәм болар жалған!
Баршылық кийигимиз,
Үстиртте ылақлаған,
Таўымыз бийик емес,
Нарзан жоқ булақлаған.
Аралдың толқынларын,
«Таў-таў» деп теңегенбиз.
Аралды-ҳәм барып-барып,
«Таў-таў дуз!» дер екенбиз!
Рекорд қоя алмадық,
Салыдан, пахтадан да.
Кебирди жоя алмадық,
«Дийхан!» деп мақтағанға!
Егиз қум ортасында,
Қысылған халықпыз ғой!
Жыланның ордасында,
Өтмиште қалыппыз ғой!
Еки қум жыланлары,
Ысқырысса-ҳәм буўа алмаған!
Қуўса да қуланларын,
Бизлерди қуўа алмаған!
«Қудайдың жәннетине»,
Булманды сатпағанбыз.
Тилегин ҳәмме тилеп,
Жуўасын мақтағанбыз.
Анамыз жаўлығына,
Орайды әдираспанын.
Аралдың саўлығынан,
Ғәрезли әл-аспаным!
Сүйеди жалғызындай,
Әмиўди бундағылар!
Әмиўи жалғыз «қудай»,
Сыйынған қумдағылар!
Жүрсек те бир қыяда,
Туўған жер – түсимизде!…
Өлсек те Түркияда,
Шоршаға көмер бизди!
Шаўдырбай СЕЙТОВ,
Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, шайыр.
26-май, 1987-жыл.
Канал: @Allayar_Darmenov
Дүзиў ағаш ел мәпине керекли,
Кесип алып жайға басар сонлықтан,
Журт айланып өтер қыйсық теректи,
Қыйсық ағаш узақ жасар сонлықтан.
(И.Юсупов)
Мынадай сөзлер көпшиликтиң қулағына таныс:
"Креслода отырып көп жерди "жеди", сонда да бәле келмес", "алған парасының бәри жуға береди-әй", "ҳаялы бола тура ойнас тутып ләйлиўлеп жүр", "талайдың пулын алып бермей жүр, сонда да қудай жер басып жүргизип қойыпты...."
Қабыл аға деген устазымыз айтады: "Бундай нәкәс адамлар тап өзлерине де сондай нәкаслық қайтпағанша өлмейди. Өзи бузықшылық етип жүрген адам перзенти, я ақлық-шаўлығының бузықшылық етип баслағанын көрмегенше бул дүньядан кетиўи қыйын. Аллатаала инсаниятқа өз урпақларын айна етип жаратады..."
Рамазан айында да ҳәптесине 15%тен қарыз бериўши сүтхорды, бир жылдан бери басып жумсаған адамларының пулын бермей, ақшам жоқ деп қайтарып отырса да өзи таза машын алып жүрген адамларды билемен. Ондай топасларды жек көриўши едим. Ал, Қабыл ағаның сөзлеринен кейин оларды аяй басладым. Реҳимим келди...
@Allayar_Darmenov
«Шоколад заводы»
Екинши жер жүзлик урыста фашистлер қолға түскен тутқынлардың көпшилигин жасы ҳәм жынысына қарамай арнаўли исленген үлкен ошақларда-крематоияларда өртеп жиберген...
-Ата, тоңдым, кирпигиме муз қатты,
Келген бе быйыл бул елге қыс қатты,
Қыймылдаўдан қалды бармақларым,
Ата, мени баўырыңа бас қатты.
Анам болғанда ма ешкиниң сүтин,
Писирип берер еди жағып отын…
Ҳаў-ҳаў, қара, көрдиң бе туў алыста
Морыдан шығып тур қап-кара түтин.
Жур ата, адымыңды шаққанлат,
Таптым, завод ол шығаратын шоколад,
Мойныңа мингизип апар, болмаса
Кетемен өзим-ақ шығарып қанат.
Сонша журт баратыр морыға қарай,
Бар шығар нәўбеттиң изи бир талай,
Неге куўанбайсаң, тоңбадың ба я?
Жылап атсаң ба жинли, қалай-калай?...
Үндемейди «жинли» ата бирақ та,
Баратқандай қутсыз жерге қонаққа.
Ал бала асығады, кирпиги муз,
Тезирек жетсем дейди шоколадқа...
Аллаяр Дарменов,
28.04.2018-жыл
Сүўретлерде инсанлардың тирилей өртелген әбеший орны- Освенцим концлагери.
Канал: @Allayar_Darmenov
Ўатан-Ана
(Репрессияда сүргин етилген ел азаматларының аҳы)
Ана, улың сени түс көрер,
Я тәңрим аян сес берер,
Аҳ, сол телпек дирилдеспелер,
Дирр…
Қолда қурал, желкеде пагон,
Айтысқандай билмедик закон,
Гилең молла, ийшан бир вагон,
«Жүр».
Жүрдик сонда жоллардан не бир,
Мәнзилимиз «мүбәрек» Сибир,
Түстик. Ийт услаған "ийт"лер тур.
Ыррр…
Паҳ, айт Сибирдиң қысын енди,
Күн қысқа, түни узын еди,
Тынышлық бермес түсим енди,
Бир...
Жақындур маған өлим, Ана,
Уўайымлама улың, Ана,
Менсиз де еле сүриң, Ана
Өмир.
Аллаяр Дарменов,
2018-ж
Канал: @Allayar_Darmenov
Канал: @tolqinkr
«Жоллыдан сәлем»
Ибрайым ағаның «Жоллыдан сәлем» деген жүдә бир әжайып қосығы бар. Неше мәрте еситип я неше мәрте оқый бер, кѳзиңе жас алмай тура алмайсаң.
Телевидениеде «Мәўрит» кѳрсетиўин таярлап жүргенимде усы қосықты ѳз аўзы менен оқып бериўин ѳтиниш етип үйине бардым.
- Айжамал қайда барса да Жоллы изинен қалмайтуғын еди, - деп еске алды ол. – Бир күни Айжамал кетип қалды. Той болатуғын болды. «Жаслар тойында қызыңызға бахыт тилеп пәтия бериң», деп жаслар мирәт салып келди. Мен оларға «балларым, қыздың келин болып түскен тойына бурыннан – соңғы әкеси бармаған» десем, «аға, ҳәзир заман басқа» деп жалынып қоймады. Бардым. Мен келгеннен кейин жаслар меннен қосық күтеди- ғо. Сонда усы «Жоллыдан сәлем» қосықты жазып барып едим. Қосықты оқыдым. Ҳәмме қол шаппатлап атыр. Қызым егил – тегил жылайды, - деп мыйықтан күлип қойды ол. Ҳақыйқатында да!
Адамлардай, ийт те ийтке тең болмас,
Жақсы ийтлер жаман достан кем болмас,
Ҳәр ийт ѳзи болар, бирақ мен болмас,
Енди саған мендей ийт жоқ, Айжамал!
дегенин еситкенде кимниң кѳзине жас үйирилмейди. Жоллы Айжамалды бир күн күткен, бир ҳәпте күткен, бир ай күткен, кейнинде ѳзи күшик ўақтында жасаған үйине кетип қалған екен.
Ибрайым аға қайтыс болғаннан кейин ол ҳаққында «Сѳз зергери еди» деген еслеў китабын таярладым. Сонда кейинги зайыбы (биринши зайыбы Бийбизада 1980 – жылы қайтыс болған еди) Гулсара жеңгей Ибрайым аға себепли Жоллыны да еске алды.
Бир күни түс ўақты еди, - деди ол. – Сырттағы сыпаға дастурқан жайып, үлкен подносқа жүўери гүртикти салып, дастурқанға енди қойғаным, сырттан Жоллы кирип келди. Мен бул үйге келгели бул «әпсанаўий» ийтти екинши мәрте кѳриўим еди. Келип, сыпаның қасында тоқтады.
- Гүлсара, мына аўқатты Жоллының алдына қой, - деди Халил.
Гүлсара жеңгей Ибрайым ағаның атын айтпай, пайғамбарға сыйқаслап Халил деп атайды екен.
- Ҳаў, еле ѳзимиз аўыз тийгенимиз жоқ ғой, - дедим мен.
- Апара бер.
- Усы табақ пенен бе? Табақ ҳарам болады – ғо.
- Суў менен не таза болмайды, кейин жуўып аласаң. Мен ықлас пенен соққан жүўери гүртигимди кѳзим қыймай – қыймай турып, нәйилаж Жоллының алдына қойдым. Жоллы табақтағы гүртикти жалап – жуқлап жеди. Соң сыпаны бир айланып, әсте шығып кетти.
Жоллы шайырдың үйинен кетип, сол кѳшениң бойында бир үйде жасайды екен. Ертеңине сол үйдиң адамы келди.
- Жоллы ѳлди, - деди ол.
Бул хабар шайырға сондай аўыр тәсир етти. Бир заман үнсиз қалды.
- Кеше тамағын тойдырып жибергенимиз жақсы болған екен, - деди ол қапалығын билдиргиси келмей. – Ол кеше биз бенен хошласыўға келип еди.
Муратбай Нызанов
Канал: @Allayar_Darmenov
« А Й Н А Н А Й Ы Н » – Telegraph
https://telegra.ph/A-J-N-A-N-A-J-Y-N-04-25
Канал: @Allayar_Darmenov
Жаслар жыры
Алқымы кеңлер бар,
Сыяды жутса қасық.
Шайыр пенсионерлер бар,
Өлип тур десе қосық.
Тынбасқа жазар олар,
Там баста жазар олар,
Қалың бети тозып қалса,
Жамбасқа жазар олар.
"Жазалмадық жас ўақта,
Турмыс аўыр, тердик пахта,
Ҳәз етип қосық жазыўға,
Жоқ еди газ де, тоқ та.
Енди мине напақадаман,
Жазажақпан жаңа роман,
Поэмалар топламымды
Аласаң ба, арзан сатаман?..."
Ғаррысын сыйлар ағалар да,
Етекке суў бермес сағалар да,
Ҳәўес етип ғаррылыққа,
Жаслығымыз жоғалар дә...
Жаслық маған орның ысық,
Болсадағы мурным пушық,
Суў бермес саға болғанша,
Жол бермес аға болғанша,
Қара жерди кетейин қушып!
Аллаяр Дарменов,
23.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Өзгеше ҳәййиў
(Драббл)
Айнанайын, адреналин қан басымын асырады,
Ацетилхолин, жан балам, қан басымын түсиреди,
Астеник-руўхый түскинликке түсип қаласаң,
Апатикте ҳәмме затқа бийпарық боласаң...
Ҳәййиў, ҳәййиў...
Қәйин ене түн бойына қоңсы бөлмедеги жас келинниң лекция аралас ҳәййиўин тыңлап жатты. Сонда кемпир мединститутта оқыйтуғын келинине "ертең имтиханым бар еди" дегенин тыңламай күн бойы палас жуўдырғанын еслеп, өзин кешире алмады.
Аллаяр Дарменов,
21.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
1957-жылдың 5-октябринде Қарақалпақстан Республикасының Хожели районында туўылған талантлы қазақ ақыны Есенғали Раўшанов дүньядан өтти.
Түркий дүнья әдебияты өзиниң тағы бир жолбарысынан айырылды.
Алла жақынларына сабыр берсин!
@esengaliraushanovolenderi
@Allayar_Darmenov
Абыржы ойлар
Ыржыйып тур түкли маймыл
«Сениң бабаң-мениң бабам,
туўысқанбыз, қаналаспыз» деп.
Исенбесем қуйрығы астынан маған
Дарвинниң китабын алып
көрсетер силтеп…
Мениң кимлигимди
Әкем билер гөрдеги,
Анам билер төрдеги.
Мәжбүр емес билиўге
барлық адам жердеги.
От айланар ҳиндулар,
шаманлар,
тас мүсинлер, креслер,
Күлиңди ушырып кетер
шамаллар.
Жети қат мазарлар
Әсирлик гөристанлар жайласқан тустан
Бир қара Мерс зымырап өтти,
жол-жөнекей
уйықлап кеткен мархумларды оятып өтти:
«Дәм-м-мее...», «Сен маған массаң…»
«Тангоға түсирип Улмәмбетти»
Сениң де гөриңниң үстинен еле
талай Мерслер өтиўи мүмкин.
Күн келип көп билгишлер
бул не мазар жайраған деп,
Жетер өли сыйлаған деп,
тап төбеңнен асфальт жатқызып
зилдей рельслер өтиўи мүмкин.
Пайғамбарын шегелеп,
данасын ошаққа салған,
Немиспен деп еврейдиң
баласын ошаққа салған
мақлуқларға мақлуқласпыз,
жыныслыларға жынысласпыз.
Адамзатты қыбырлаған
қара қазансыз қалдырма.
Тас атпайман тасқа сыйынғанға,
өзи билсин шоқынып сыбырлаған.
Бирақ ҳәййиў айтылған ҳәр үйди
Алла, азансыз қалдырма.
А.Дарменов,
11,12.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Бозатаўдағы Поэзия фестивалынан:
Жас шайырлар бәримиз бирге Өзбекстан халық шайырлары Усман Азим, Махмуд Тайыр, Қарақалпақстан халық шайыры Рустем Мусурман, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Нәдир Жанузақлар менен күн бойына сәўбетлес болдық.
(06.04.2021).
Канал: @Allayar_Darmenov
***
Көп оқып мийимизге қуйылып қалған бурыннан:
"Барлық еркек ели ушын өлемен деп туўылған",
Ойлап көрсең сондағы жаўдың барлық дарлары
Елим деп өлемен деген ерлер ушын қурылған.
Журтыма жаным пида деў айтқанда ерек шығар,
Шырақ, Аллаяр, Избасар...бүгин сийрек шығар,
Ўатан ушын өле бермей өмири узақ болғыр
Жигитлер-аў, Ўатан ушын жасаў да керек шығар...
А.Дарменов,
02.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Талантлы актёр Әзизбек Алламуратов "Ана тили толғаныслары" қосықлар дүркимимизден үзинди алып жақсы видеоролик ислеген екен. Сизлер менен де бөлиским келди.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Канал_1_жаста
Ассалаўма әлейкум әзиз заманласлар!
Бүгин каналымыз ашылғанына саррас бир жол толады. Бир жыл бул нәрестениң аяққа турып ата-анасына әдеўир баўыр басып үлгеретуғын ўақты. Мен де усы ўақыт арасында Сизлерге жүдә баўыр басып, Сизлерден мәдет алдым. Сыныңызға сынбай, мақтаўыңыздан да ҳаўаланбай мәрдана өтиўге тырыстым. Бүгинге дейин өзиниң ақ тилеги менен жолдас болып киятырған бәрше Адам ата урпақларына өз рахметимди айтаман.
#Барыңызға_рахмет!
#Бәриңизге_рахмет!
Ҳүрмет пенен @Allayar_Darmenov
"Әжинияз шайыр қосықларында өзбекше сөзлерди көп қолланған" дейди айырым түсинбеген шаласаўат инсанлар.
Сол мәселеге айқынлық киргизиў мақсетинде Сизлерге Сейдин Әмирланның "Әжинияз ҳәм түрки тили" атлы мақаласын усынамыз.
@Allayar_Darmenov
@AllayarDarmen
АКАДЕМИК МАРАТ НУРМУХАММЕДОВТЫҢ ТҮРКИЯ САПАРЫНА АТЛАНАРЫНДА ТУЎЫСҚАН РЕСПУБЛИКАНЫҢ БИР ИЛИМПАЗЫНА АЙТҚАНЫ
...Көрмеген пәренжеңди,
Қызлары ҳеш әсирде...
...Тырбанып төле, қостан,
Этажлы жайға өткен!…
...Жүрсек те бир қыяда,
Туўған жер – түсимизде!…
Өлсек те Түркияда,
Шоршаға көмер бизди!
Шаўдырбай Сейтов
Канал: @Allayar_Darmenov
Ассалаўма әлейкум әдиўли халқым!
Туңғыш пайғамбарымыз Адам әләйҳисаламнан бери оның жолын тутып, Муҳаммед соллаллоҳу әлайҳи васалламди соңғы пайғамбар-Аллаҳтың елшиси деп таныўшы бирадарлар!
Бир айлық оразаларыңыз, тилеген бәрше ийги тилеклериңиз, ойлаған нийетлериңизди Аллаҳтың Өзи қабыл әйлегей! Ошақ басыңызды Аманлық ҳәм Қут-берекет деген еки дәўлетли қонақ ҳасла тәрк етпегей! Шырайлы сабыр ҳәм беккем ийман менен нурлы келешекке қарай қәдем ата бергейсиз!
Шексиз ҳүрмет пенен Аллаяр Дарменов
@Allayar_Darmenov
#Освенцим
Талпынған жас нәрестеге қарасам,
Өмирге мен қыздай ашық боламан.
"Усы адамлардың бәри ырас-ақ
Бала болған ба?" деп саўал қояман.
Жоқ, жоқ, бәри емес! Тек те жақсылар—
Ҳақ кеўил адамлар бала болғанды.
Ал ишкирне, жаўызлар ше? Жақ, олар
"Бала болдық" деген сөзи жалғанды.
Егер олар журттай бала болғанда,
Жүрмей ме Сонгмиде балалар өлмей.
Мың-мың бала ботинкалары сонда
Освенцимде жатпас еди-аў кийилмей...
И.Юсуповтың 1970-жылы жазылған
"Нәресте" қосығынан.
Канал: @Allayar_Darmenov
"Әкең саған ат қылып ойна деп таяқ әкелип береди, сен әкеңе таянып жүр деп таяқ әкелип бересең. Әне, усы өмир" деген еди буннан саррас 92 жыл бурын шырлап дүньяға келген Төлепберген Қайыпбергенов.
Мынаў телефонға үңилип өтип атырған өмирге буннан артық қандай тәрип бериўди билмедим...
Канал: @Allayar_Darmenov
5-май тулғалы шайырымыз Ибрайым Юусуповтың туўылған күни. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан халық жазыўшысы
Муратбай Нызановтың «Таңламалы шығармалары IV том» ынан алынған Ибрайым Юсуповтың «Жоллыдан сәлем» қосығының жазылыў тарийхы ҳаққындағы мағлыўматты Сизлерге усынып атырмыз.
👇
Канал: @qrmko_ibrayim_yusupov
Канал: @Allayar_Darmenov
Ҳәзирги кеўил күйимнен келип шығып қаттырақ, ашшырақ жазып қоярман деп заманласым Мейрамбектиң өлеңин оригиналында усынғанды мақул таптым.
Жақсы адамдар
Керек емес атағың ақылыңда.
Өз несібем өзімнің тақымымда.
Жеті ғасыр жасауға жер баспай-ақ.
Жалғыз өлең жетеді ақыныңа.
Қоғамды қақсатқанда қадыр - ойын.
Керек емес мəртебең абыройың.
Мендік арман аспанның ар жағында.
Аяғымнан шала алмас қəбір ойың.
Рахмет!
Жобаңада, жорғаңада.
Құлауын құлагердің сор балама.
Міндет етер мінбеге мінгізгенше.
Мені апарым қарағым торға қама!
Айтпағым арзан арман, ақсаған ар.
Күнін - ай, жұлдыздарын аспан алдар.
Жер ғаламды талқандап тастар едім:
Болмағанда,
Бір - екі жақсы адамдар!
Жақсы адамдар!
Сендер аман болыңдаршы - мен үшін...
Мейрамбек Абдіқалиев
@Meyrambek_poeziya
@Allayar_Darmenov
Жер күни қутлы болсын, Жерлеслер!
▪️22-апрель - 1970-жылдан бери Жер күни сыпатында белгиленеди.
Google бул күн ушын арнаўлы ролик таярлады.
🌱Google излеў системасы усы сәнеге бағышланған ролигин өзиниң тийкарғы бетине жайластырды.
Канал: @Meyrambek_poeziya
@Allayar_Darmenov
***
Ақ кемедей ақша бултқа шым батқан,
Өтти Есағам, кетти Өлең…
Бүгин маған қара хабар тыңлатқан
Телефонды жек көремен!
Жек көремен,
Жағдайым жоқ уғатуғын,
Аяп, көңил айтқанды,
Ақынларға қазанама шығатуғын
Газет пенен сайтларды.
«Көз жасыңды төге берме сен енди…»
Жубатады қара иңир.
Жазбасын дым «ақын өлди» дегенди,
Оқымайман бәрибир…
Өзимди алдап, өтирикке досласып,
Мен отырман түн ишип.
Бир қызғалдақ бағманына хошласып,
Жылап жатыр бүрисип…
Өмир солай мәңгиликке бурылмақ,
Қалғаны – тек бос уран.
Қус атаўлы қона алмай жүр шырылдап,
Айырылып досынан…
Гүлнәр Салықбай
Канал: @Allayar_Darmenov
Ақпарат дереккөзі: https://massaget.kz/layfstayl/debiet/poeziya/64928/
Таза қала
(Қутлы Рамазан айында қутлы қонысымыз Нөкисти абат етиўшилерге арнайман)
Шырайланып күннен-күнге,
Өтип жүрсин тилден-тилге,
Меҳир берип туўған жерге,
Бас қосыңлар бәриң бирге,
Таза қала!
Пәкизе болсын пайтахтың,
Ол Сениң намыс, ар тахтың,
Бәрине ылайық ардақтың,
Бас қаласы Қарақалпақтың.
Таза қала!
Меҳири мудам шың бийик,
Нөкисти Анаға теңейик,
Сүйгендей етегин еңкейип,
Тазалайық, қалсын көркейип,
Таза қала!
Нәл тигейик, болсын терек,
Бас қала бәринен ерек,
Сен-Қарақалпақстанға дәрек,
Ол-Қарақалпақстанға жүрек!
Таза қала!
Жас па я кексе, парықсыз,
Урайық жәўлан барып биз,
Мийнетте журттан алықпыз,
Тазалықты сүйген халықпыз,
Таза қала!
Жаныңа досларыңды жый,
Пайтахтты жаныңдай сүй,
Таза, көркем, кең City
Әўладларға қалсын NCity,
Таза қала!
Аллаяр Дарменов,
16.04.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Қәлемес, зәңгилес әзийз досларым,
Ҳеш бир ортаймасын толы йошларың,
Әмиў бойларының бүлбил қусларын,
Ҳәзир көп жер таныр еллеримизде. (И.Юсупов)
Заманлас, зәңгилес жас дөретиўшилер менен туңғыш мәрте өткерген форумымыздан көринислер. (09.04.2021)
Канал: @Allayar_Darmenov
Байрам қутлы болсын, әдиўли халқым!
Әўеле Алланың панасында, соң бас нызамымыздың қорғаўында еркин жасай бергеймиз!
Сүўретте: Бир неше азамат жигитлеримиз байрамда өз есабынан шығарып тарқатып атырған қутлықлаў қағазлары
Канал: @Allayar_Darmenov
Жыртық кемеде
Менде не айып
Сенде не айып
Жыртық болса кемемиз?!
Екеўимизге де теңдей
Қам сүт берген енемиз.
Жемтик етпегей бизди жайын,
Сырқа берме көздиң майын,
Ескек ес, мен жыртықты жамап,
Жылан болып буратылайын.
Қыйналма суўды төгиўге,
Ҳақымыз жоқ шөгиўге,
Өшсе де қаралай өкпемиз,
Гөр болмайды бизге көк теңиз!
Бир мийирман Алла, еки мәрт еркек,
Жылаў қатын иси, желқомды тарт тек,
Қайда жазылған кемеси жыртықлар,
Теңизге мантығып өлиўи шәрт деп!?...
А.Дарменов
29-30-март, 2021-жыл.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Канал_1_жаста
"Қосықларыңызды үлкен каналлардан шығартыў ушын неше сом пул бересиз?" деген еди биреў. Усы күнге дейин жеке өзиме тийисли болған шығарманы шығарып бер деп ҳеш бир канал админине, сайт ийесине бас урып бармадым. Өзлерине мақул келсе шығарады. @qaraqalpaqadebiyati, @QARAQALPAQ_RENESSANSI_XXI, @IYu_Ayaziy, @nmpi1934, @karinformuz, @makan_uz, @el_xizmetinde, @kruzuz, @qaraqalpaqstanjaslari2020, @kegeylirkuzofficial сыяқлы канал ийелерине жазғанларыма дыққат бөлип, оларды өз каналларында жәриялағаны ушын айрықша миннетдарман. Мудамы ата-анамның, усы елдиң исенимин ақлаўға талпынып жасайман.
Рахмет.
/channel/Allayar_Darmenov
Сөз тек сыйыр туўралы емес...
Анаў илинип турған не еди?
Аўа, бул ана көк сыйырдың бас сүйеги.
Тирисинде не бир қораны жарып,
Атыздың бәрин басқылап барып,
Талай егинди жеп еди...
Гейде буғадай өкирип,
Мал гезектиң берекетин кетирип.
Баспақларды бассынып,
Мүйизи менен қасынып.
Падашыдан қашып,
Мал қораның есигин ашып,
Бузаўын емизип,
Әкеме әкеңди... дегизип,
Сүт шелектиң түбин түсирип,
Шешеме сүтсиз шәй иширип.
Еки жылда бир туўатуғын,
Жас бала көрсе қуўатуғын.
Түс аўмай турып үйге жететуғын,
Ал, суўалса үйден безип кететуғын,
Талай аўылласты күйдирген,
Күйиктен арқасына таяқ тийдирген.
Байлатпай шатақ салатуғын,
Тек дәмли шөпти тамақ қылатуғын,
Белгили асаў сыйыр еди,
Қораның басына илинип,
Алыстан ағарып көринип,
Қарақшы болып тур енди...
Әй, жаниўар еди-аў өзи де.
Мейрамбек Абдиқалиев
Қарақалпақшалаған Аллаяр Дарменов
Тахтакөпирли талантлы, көп ғана социаллық тармақларды "жарып жүрген" жас ақынның дөретиўшилигине бәлент пәрўаз тилеймиз!
Канал: @Meyrambek_poeziya
Канал: @Allayar_Darmenov