Жесир аўыл
(Драббл)
Енди-енди қонысласып толысып атырған аўыл урыс жыллары еркексиз қалды есабы. Көбиси қайтпады, қайтқанлары да көп жасамады. Сонлықтан журт бул таза елатты "Жесир аўыл" атап кетти. Әсир басындағы суўсызлық гезлери де аўылда гөне тамлар көбейе баслады. Бираз жыл өтип бул жерлерге жас хожалықлар көшип келе баслады. Қырықтай хожалық болғанда олардың арасындағы бир жасы үлкени "аўылдың атын өзгертейик" деди. Ҳәмме мақуллады. Ақыры, ҳәзир аўылда бирде-бир жесир ҳаял жоқ еди.
Ерте бәҳәр пайты еди.
"Үлкен жапқа суў келген, алдын аўылдың салмасын қазып алайық" деп барлық жигитлер трактор таўып тиркемеге тығылысып минди. Салманың сағасынан өтип сәл жүриңкиресең булардың аўыл ақсақалының отыратуғын жайы бар. Бир күн бурынғы ойласық бойынша булар қазып атқанда еки жасы үлкен жигит барып, ақсақалға аўыл атын өзгертип бериўин өтиниш етиўи керек еди.
Аўыл халқы саға алған үлкен жапта қызыл суў толып ағып тур еди. Қәпелимде тиркемениң дөңгелеги тайып кетип, тракторды да өзи менен суўға тартып кетти. Жаңа ғана дәлкеклесип, күлисип отырған жигитлер бәри суўда, төңкерилген тиркеме астында қалды...
Аўыл аты өзгермеди.
А.Дарменов,
31.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Заманлас_жас_шайырлар
Мен не деймен, қобызым не дейди?
Өзимди көрсетким келмейди муңсыз қылып,
Олсыз да алдағы жүрер жол - жолсызлық.
Уралап жыр жазыў мен ушын керексиз,
Аўызда - ренесанс!
Аўылда - суўсызлық!
Егинлер сарғайған: гүрсинген көңил гил,
Алаңлап... мениң де илажсыз гезим бул.
Қоңсымның жылқысы үйирин аңсайды,
Өзи де түйиншигин түйгиси келип жүр.
Жаныңды жубатар бундайда не нама?
Аян бермеди түс көрсем де бир шама,
Үшинши ренесанс қурмақшы бир досым,
Хм((
Әўел салмасына суў насоз қурса да...
Кейин ол баз-баяғы сөзин қайталады,
Ким қобыз...
Мейрамбек Абдиқалиев
Қарақалпақшалаған А.Дарменов.
Оригиналы
Мен не деймін, қобызым не дейді?
Өзімді көрсеткім келмейді мұңсыз ғып,
Онсызда алдағы жүрер жол - жолсыздық.
Ура-лап жыр жазу мен үшін керексіз,
Ауызда - ренесанс!
Ауылда - сусыздық!
Егіндер сарғайған: күрсінген көңіл кіл,
Алаңдап... менің де амалсыз кезім бұл.
Көршімнің жылқысы үйірін аңсайды,
Өзі де түйіншегін, түйгісі келіп жүр.
Жаныңды жұбатар мұндай да қандай ән?
Түс көрсем деп едім... бермеді олда аян.
Үшінші ренесанс құрмақшы бір досым,
Хм((
Бірінші су насоз керек деп мен қоям...
Сосын ол жоғарыдағы тақырыпты қайталады,
Кім қобыз...
Мейрамбек Абдіқалиев
Канал: @Allayar_Darmenov
@Meyrambek_poeziya
Аўыл ғаррыларының әңгимеси
Қарасаң заманның бет алысын,
Яхшыға усамас, яманға да,
Суўғарып болса фермер шалысын,
Суў келип қалар биз таманға да.
Майда-шүйде де егилмей қалды,
Суўсырап тур еккен дақылың,
Адамды тап бир мазақ еткендей,
Бойы дизеден жаңа өткенде,
Баслап кеткен жүўериниң сықылы...
А.Дарменов,
20.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Айдала толғаўы
Айдала, ҳаў айдала,
Анаў жүрген қай бала,
Баққаны байдың қойы ма?
Шапқаны байдың тайы ма?
Қырда бала нағып жүр?
Мурныбоғы ағып жүр.
Трамп, Пүтин кими зор,
Көрмейди телевизор,
Мусылман-еврей соққысы,
Талибанлар тартысы...
Адамзат ҳәзир бузылған,
Еркекке еркек қосылған.
Ҳәдден тыс демократия,
Ҳәдден тыс бюрократия,
Сүўретке ал, каналға сал,
Жазғыш болсаң, порталға сал,
Антен тартса айдалада,
Айтып бар сен әй, балаға,
"Қуры бүйтип жүре берме,
Айланып ал блогерге".
Ақша берсе анаңды сат,
Бесиктеги балаңды сат,
Айфон болса қәлеўиң,
Сат бөтекеңниң биреўин,(1)
Феодаллық ол миллийлик,
Қулларға тийди-аў бийлик...
Айдала, ҳаў айдала,
Айтқанымды қайтала,
Бала мурнын сүңгирсин,
Өзин таўға тең көрсин:
"Көкирегиңде намаң бар,
Бий болғандай шамаң бар,
Тапсыр байға қойыңды,
Өсир аз-маз ойыңды,
Шетке шығып елди көр,
Атаңнан қалған жерди көр,
Атаңның арын арлап ал,
Бабаңның жолын барлап ал,
Кесип айт, сөз шаймалама,
Сағынсаң кеп тур айдалаңа..."
Айдалажан, айдала,
Айтқанымды қайтала,
"Сап болады өтириклер,
Бөри болар бөлтириклер,
Үмметлери Раззақтың,
Тамырда қаны қыпшақтың,
Биреўдиң қойын бақпасын,
Биреўдиң отын жақпасын,
Кебири де жердиң кийели,
Өз жерине етсин ийелик.
Маңлайдай шор суўы бар,
Қадаўлы турған туўы бар,
Қурай-қурай, қойды бур,
Бер қамшысын атып ур.
Тәшкини айдап теңгеге...
Тарийхың талас деңгене,
Қоналмайсаң, қонақлайсаң,
Өз үйиңе қонақтайсаң..."
Айдала, ҳәй айдала,
Анаў жүрген қай бала?
Анаў жүрген бий бала,
Маңлайынан сыйпала,
Тарылмасын өрисиң,
Танысын түркий бөрисин.
Ушарын тек жел билип,
Қонарын тек жер билип,
Жүриў бизге көргилик,
Тур сыңсымай, бөлтирик.
Тодаң қайда таўып ал,
Тодаға тийсе қаўып ал,
Бирликсиз саған жол болсын,
Бул жер қалай зор болсын...
Айдала, ҳәй айдала,
Яр болсын Қудайтаала,
Қалсақтағы қатынсырап,
Қалмағаймыз батырсырап,
Жети атасын билсин ел,
Мақтаныш тутып жүрсин ел,
Демесин "атасы оңбаған,
Өмиринше өтти қойбағар".
Айдала, ҳәй айдала,
Еситсин бала, қайтала...
Аллаяр Дарменов,
19.07.2021.
Түсиндирме: (1) Жақында социаллық тармақларда қымбат баҳалы айфон алыў ушын бөтекесин сатқан қыз "трендте" болған еди.
Канал: @Allayar_Darmenov
***
(И.Юсуповтың "Тилек" қосығына еликлеў)
Мендеги ең үлкен тилек,
Не қыйынлық көрсек те,
Бир халықтың батырсырап
Жылағанын көрсетпе...
Батырларымыз жайлы усындай қосық жазыўды әрманламайтуғын шайыр, нама дөретиўге бел байламаған композитор, атқарып шығыўды кеўлине түймеген қосықшы болмаса керек. Өзбек эстрадасында ҳәзирше "Мендирман ўша"дан өтетуғын бундай этрадалық қосық еситпедим. Қарақалпақ эстрадасында ше?
Кимниң қандай қосығы бар?
Қайсы шайырдың қандай қосығы "Батырлар бизде"ге, "Мендирман ўша"ға бәсекилесе алады?
Пикирлериңизди төмендеги комментарий бөлиминде қалдырсаңыз болады.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Заманлас_жас_шайырлар
Шынқобыздың даўысы
Қарсымдағы дәрьяның,
Ылайып суўы тербелер,
Қылсам көкке пәрьядым,
Ақыл айтар термелер.
Самаллардың семсери,
Тула бойым тиледи.
Суўда намыс сүлдери,
Арым қозғап күледи.
Шынқобыздың ҳаўазы,
Үзик-үзик еситилер,
Қалмай аўыл арасы,
Той тойлаўға кеттилер.
Перилердиң дарасы,
Кеўил қойған ақ гүлим.
Болмады ма шарасы,
Қоймай ата-анасы?!
Жамғыр жаўмас бул күни,
Батпақлатып жолларды.
Шынқобыздың шын үни,
Алыстан мени жоқлайды?!
Буршақ жаўмас бул күни,
Тайғақлатып жолларды.
Моншақлардың түр-түри,
Безегенди гүл ярды?!
Ҳәўжар айтқан қызлардың,
Саз даўысы еситилер.
Неге жүрек сызладың,
Сениң дәртиң ким билер?!
Аўылластың бәршеси,
Той-тамаша қурады.
Гүлдир-гүлдир киснесип,
Атлар әнжам турғанды?!
Үрпийисер қоразлар,
Дүрсилдесер қошқарлар.
Қалыс нийет қылғанды,
Қур айланған палўанлар?!
Ат шаптырып тойыңда,
Бас байрақты алайын.
Басыңды тик, бәйгиге,
Алпамысың болайын!
Шынқобыздың ҳаўазы,
Үзик-үзик еситилер…
Дәнияр Нурсейитов
Канал: @Allayar_Darmenov
(Мынаны жазғаныма да бираз болып қалыпты. Неге каналға салмайсаң деп өкпелеп болды. Жазғанымның кеўли қалмасын деп сизлерге жүзлестирип атырман)
Қосыққа уқсап кететуғын хошласыў сөзи
Өмир зуўлап өткиш,
Өткен күниң өтмиш,
Керек емес көп күш,
Ўақыт умыттырады.
Көниўге болады,
Сөниўге болады,
Меннен соң басқаны,
Жақсы көриўге болады.
Мен де бир жай ашық,
Меннен парықлы қай ашық?
Хошласыў қалған модадан,
Кетейик "давай"ласып.
Давай ма?
-....
А.Дарменов,
2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Ҳақ жол тилеў
(Қылышпазлық спорты бойынша Токио олимпиадасына жоллама алған қарақалпақ қызы Зайнаб Дайыбековаға)
Массагетлер мәкан еткен топырақ,
Урпағы да онда таппақта қоным.
Бул урпақтың дүньяға даңқы тарап,
Дәрўазасын қағып тур Токионың.
Қайтпас қара қайсар бул жердиң халқы,
Қызларында да бар өжетлик бундай.
Кеўилшек, уялшақ деў гәптиң салты,
Гүл берип қызларын алмайсаң алдай.
Бири қәлем тартса, бири кестелер,
Қәтесин қәте, дурыс дер дурысын.
Мыйық тартса кеўилиңе йош берер,
Ал, бирақ суўырағойса қылышын…
Заманға сай саўаш қурар жекпе-жек,
Гүлайымдай қорғаған Мийўалыны.
Қумар аналық қаны бар көк өжет,
Тахт үстинде таңландырған хийўалыны.
Гөззаллық салонында тырнақ егетип,
Кирпигине қосып жасалма кирпик,
«Жаслық дәўран өтип кетер зып етип»
-Деп жүргенлер бар хош әтири бүркип.
Ал, енди сен жаңалатып рекордты,
Желбиретип жүрсең Ўатан байрағын.
Жан ендирип жумсап жүрген роботты,
Японның да шығарғайсаң ҳайранын.
Туў тутқан Тумаристиң саўлат, қөркин,
Қудай да берген шығар саған сайлап.
Үстиңде саўытың, басыңда бөркиң,
Токионы титиретип қайт, Зайнаб!
Аллаяр Дарменов,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
03.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Ток жоқ...
Аспанға уш, жерге түс,
Аўылында оның ток жоқ,
Еки күнлик сағыныш,
Жүрек жанар шоқ-шоқ…
Сағыныш деген сырғыя,
Бунша жаман болмаса,
Ғәзепте ышқы армия,
Атлан дер ток жанбаса.
Жүрек алып-ушып тур,
Телефоны өшик тур,
Еки күнлеп жанбаған соң,
Токтың сөгип түп бабасын,
Аллаярың неғылсын,
Зорға өзин басып тур…
А.Дарменов,
03.07.2021.
@Allayar_Darmenov
«Круз»ды оқып ишип жүрмиз шайды биз
(Қарақалпақ интернет журналистлерине арналады)
Жүйрик қаңғымай оқ заманның пәти,
Бүгин дәл сизлерде жумыстың сәти,
Болмаса да блогерлик штаты,
Штатсыз, орден шытақсыз маманлар.
Қыл үстинде баспа сөздиң биразы,
Емес баяғыдай шығар тиражы,
Газийтлер өлмейди, болар илажы,
Қайталанар дейди өткен заманлар.
Сонда да қағаздан көплер суўыған,
Журттың көби телефонға уйыған,
Ақтарғандай мазалы сөз қуйыдан,
Жаңалыққа жаны қумар адамлар.
«Халық ушын», «Каринформ», «Макан.уз»,
Заман менен тең адымлар «Заман.уз»,
Илгерилеп Homo Sapiens санамыз,
Телевизор да таң емес, қараңлар.
Блогерлер жаңа көз ашқан булақ,
Жатырқап жүр оны биразлар бирақ,
Нәўше де меҳир күтер болғанша дарақ,
Ким бир суў қуяр деп күнде алаңлар.
Ескирди заманның «ура!», «ҳайт!»лары,
Бүгин машқаланы шешиў пайтлары,
Ат салысып қарақалпақ сайтлары,
Қол берисип тармақларда тараңлар.
Бүгин писент емес бизге алыслық,
Журналистке ең кереги қалыслық,
Көзабаға мақтаў, тамыр-таныслық,
Араңызда еле сондай ылаң бар.
Көз тиймесин, қызыў пәтте бәйгиңиз,
«Круз»ды оқып ишип жүрмиз шайды биз,
Раўаж таўып блогыңыз, сайтыңыз,
Туўрылықтың тас блогын қалаңлар.
Аллаяр Дарменов,
27.06.2020
@Allayar_Darmenov
Еки қуўаныш
Мен атымды түсип басқаға бердим,
Ер-турман, дорбасы, қамшысы менен.
Сен дәрҳал қуўанып жуўырып келдиң,
Көзиңде шадлы жас тамшысы менен.
Сен байғус қуўандың ҳәз етип күлип,
"Пияда қалдырып жазалады-аў" деп.
Мен байғус қуўандым: жаяўлап жүрип,
Көп жақсы қосықлар жазаман-аў деп...
И.Юсупов,
Март, 1988-жыл.
@Allayar_Darmenov
Төртлик
Еки кептер отырар ток сымында,
Писент етпес мени, қустың дымын да,
Ток сымы ол адамлардан көбирек,
Керек шығар қуслар ушын шынында...
П.С. Сүўрет авторы өзим.
Сүўреттегилер кептер емес қумыры. Ашық-машық кептер таппадым.
@Allayar_Darmenov
Шала қосық
Шала туўылдың, шалабай,
Болмағай исиң шалағай,
Тоғыз айын толтырып,
Төрт мүшеси саў турып,
Туўылғанлар да қарық емес,
Жүрген жери былағай...
Шала қосығым, шала қосық,
Қарақалпақша қара қосық,
Үлкенлерге мойны ийик,
Өмиринше бала қосық...
А.Дарменов,
21.06.2021.
@Allayar_Darmenov
Масқара
Азатбек Назарбековтың «Мендирман ўша» қосығының сѳзин жазған Батыр Эргашев Бозатаўдағы гүрриңлесиўимизде бир қызық ўақыяны айтып берген еди:
«Азат аға қарақалпақтың «Айсәнем»ин атқарып шыққаннан кейин Ташкенттен турып Мақсет Өтемуратовқа сым қағыпты.
-Халық қалай қабыллап атыр, унаған ба?
-Ал, масқара, аға.
Азат ағаның түри бозарып кетипти. -Не, сондай-ақ жаман айтыппан ба?
Мақсет те кейин Азат ағаның ойын аңлап «масқара»ның мәнисин түсиндирип берипти».
@Allayar_Darmenov
#Биз_Бозатаўдамыз
#Поэзия_күнлери
Ҳәзирги ўақта қолма-қол оқылып атырған китаплардың бири "Қорқпа" китабының авторы Жәўлан Жәўлиев пенен бирге әдебият, аўдарма бойынша пикир алмастық.
@Allayar_Darmenov
***
Жулдыз санаў ең жақтырған исим еди,
Мен гүрсинсем көк те әбден гүрсинеди,
Санап-санап кетер едим уйқыға,
Жалғызды жулдызлар ғана түсинеди.
Сабан жолда шоқ жулдызлар көсиледи,
Қуяш шықса бәрин бир-бир өширеди,
Мен сени кеширмей, сен мени кешпесең,
Екеўмизди Алла қалай кеширеди?...
Эҳ... Жулдызды да жалғызлар ғана түсинеди...
А.Дарменов,
26.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Талантлы жас режиссёр Айбек Өтеўлиев төмендеги қосығымызға шырайлы безеў берипти.
Неге сениң көзиңде муң?
Сындырдым ба кеўил айнаң,
Бунша өкпе, гийне қайдан?
Тап десең табайын қудайдан,
Неге сениң көзиңде муң?
Үн қатпайсаң. Кеўлим жаралы,
Арамызда араз бораны,
Алыслатты бираз араны,
Неге сениң көзиңде муң?
Жылаў жарасар булаққа,
Көз жас та бир қонақ дә!
Күлимлер едиң бул ўаққа,
Неге сениң көзиңде муң?
Неге сениң көзиңде муң?
А.Дарменов,
25.05.2020
Канал: @Allayar_Darmenov
Ассалаўма әлейкум, заманласлар!
Бәршеңизге бүгинги Қурбан ҳайыты байрамы қутлы болсын!
Шаңарақларыңызға аманлық, аўызбиршилик, дәстүрханыңызға берекет дарысын, қылған қурбанлықларыңыз, тилеклериңиз Аллатаала дәргайында қабыл болғай, иләйим!
Барыңызға рахмет!
Бәриңизге рахмет!
@Allayar_Darmenov
Гөрбарларды гелле қылып...
Бир қумалақ жүреди ҳәр мәй гүзеде,
Ол-иритки,
Ол-ҳарам!
Ол-шайтан,
Тапса тек табар бир қудайдан!
Елди еки бөлер,
Оларға жат ерлик, ўатансүйерлик,
Лебиздиң нелигин билмей туўылған,
Бәлким патас шығар теги де.
Ашынбаў керек,
Елдиң бири, дүзелер демең,
Паспортында "Миллети Қарақалпақ" деп
Жазып қойғанын айтпаң маған,
Сөзим сол,
Сөзимдеги өзим сол,
Гөрбарларды гелле қылып,
Шоңқыларды шалыў керек!
А.Дарменов,
19.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Он тоғыз
Гүзги кеш, гүңгиртлик, саат 19,
Қуяш көкжийекке батар қызарып,
Өмир дәрьясында ең күшли ағыс,
Əйне усы пайыт, көринер анық...
Кимдур жуўырады шыр-пыры шығып,
Кимлердур таксиде орын таласар...
«Былай туршы, қәне, турман асығып!» –
мени кимдур жолдан ысырып таслар.
Шырақларын жағар маршрут – 19,
Дегендей: «Мин, қәне, қалдың ғой жалғыз!»
«Ўақыттың қәдирин асырдың бунша,
кетебер, асығыс емеспен ҳәргиз!»
Бир сулыў киятыр бәлким, 19,
Жасы жигирмаға жете қоймаған...?!
Арқайын ҳәм бийғам бул әжайып қыз,
Жилўа, наз жарасар қәддин бойлаған.
Тыпыршылап қалдың тербелмес жүрек,
Тепсинип шулғыйсаң енди қайларға...?!
Бәлким басқалардай асығарман мен,
Саат он тоғызда. Он тоғызларда...
Дәнияр Нурсейитов
Дәнияр аға менен 2013-жыллары Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы қасындағы Поэзия семинарына қатнасып жүрген гезлеримизде танысқанбыз. Ол сол гезлери қарақалпақ жаслар поэзиясының ең көзге көринген тарланларынан еди. (Ҳәзир де солай). Бирақ соңғы жыллары базы себеплерге бола поэзиядан алысласып кетти. Дәнияр аға Устаз шайыр Бахтияр Генжемуратовтың ең сүйикли шәкиртлеринен бири еди.
Канал: @Allayar_Darmenov
Қаладан хат
Мурынға көп енип шәҳәр самалы,
«Кимсең шайыр» болып кеттим шамалы,
«Контрактта оқытып атпан баланы»
-Деп бир жүрислериң унайды, Ана.
Аўыл-Нөкис алыс емес арасы,
Жол емес жол пулы аўыр ырасы,
Бир ай өтти, көринбес балаң қарасы,
Улың айтқаныңды қылмайды, Ана.
Аңсат емес оқыў, қалада жасаў,
Бунда ўақыт аты оғада асаў,
«Пул жоқ» әзелден студентке сылтаў,
Сылтаў да шынлыққа усайды, Ана.
Стипендия түссе қарызды жаппай,
Жаяў жүрдик сонша туфли шыдатпай,
Сонда да ақша сорап үйге сым какпай
Балаң барын базар жумсайды, Ана
Қолың нандай әзиз болған нан жаўа,
Адам Атасыз қалған Енесең Ҳаўа,
«Сағындым, дейсең,-Сен ше балам?-Аўа…
Балаң сағыныўға турмайды, Ана.
Аллаяр Дарменов,
2018-2020-жыллар.
Сүўретте: 2018-жылы институтта ата-аналар жыйналысында ең белсенди студентлердиң ата-аналарына Алғыснама тапсырыў ўақты. Сондағы Анамның устазларымнан алғыс сөз еситкенинен көзине жас алғаны еле ядымда... Аналарымыз, аман болсын, илайым!
Канал: @Allayar_Darmenov
Бийбижан
Сени таптым тәғдир менен таласып,
Дусластырған Қудайдың да қолы ашық,
Ығбал жулдызымыз мәңги жарасып,
Шадлығымыз шексиз болғай, Бийбижан.
Кеўлим пүтин дийдарыңа жеткели,
Қыйнар гейде сағыныштың өткели,
Бахытлым сен бахыттан мәс ет мени,
Басымызға бақ қус қонғай, Бийбижан.
Өтип барар өмир деген қас қағым,
Гүллентейик ышқымыздың жас бағын,
Қудай жазса әдиўли яр, қостарым,
Умытпайық бул күнлерди, Бийбижан.
Өттик биз сынаўлардан бираз асып,
Жетер сонша жүргенимиз аразласып,
Биздеги бақ талай журтқа таласық,
Аймалайын ай жүзиңнен, Бийбижан.
Алыс кетсең сағынаман күн сайын,
Бахтың ушын бар күшимди жумсайын,
Қушағыма басайын кел, ханшайым,
Бахтымызға көз тиймегей, Бийбижан.
Аллаяр Дарменов,
07.07.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
Зайнаб Дайыбековаға
Он алтыға кирген қыз,
Ойнап-күлип жүрген қыз,
Саўға деп атасы,
Еки машын берген қыз.
Қатарларың бантик буўып,
Жүргенде гүбелек қуўып,
Қылышты қыннан суўырып,
Гүлайым боп жүрген қыз.
Қосық жазар кәлемди,
Қойып шетке сен енди,
Қылыш пенен әлемди,
Жаўлайман деп жүрген қыз.
Халқың сүйер кеўлинен,
Мен де халықтың биримен,
Бийбипатпа пириңнен,
Бийик нәзер түскен қыз.
Жүрегимде қалған қыз,
Бизди сүўретке алған қыз,
Правасыз бир басқа,
Еки машын алған қыз.
А.Дарменов,
2019-жыл
Бул қосық менде жоғалып кеткен еди. Зайнаб жақында оны өзиме қайтарып саўға етти.
@Allayar_Darmenov
Төртлик
Шоршып ояндым мен гүлдирмамадан,
Толық қанбай қалды таңның уйқысы.
Кеўлимде сен жазған сәлемнамадан,
Дым ерте оянды ышқы туйғысы.
А.Дарменов,
2016-ж.
@Allayar_Darmenov
Бүгин сени көргим келди...
Сырлас излеп сырларыма,
Сым қақтым көп жалбарына,
Қыр шығардым шалбарыма,
Бүгин сени көргим келип.
Түсиме де кирип шықтың,
Үйден қыял сүрип шықтым,
Алдыңа ғана асықтым,
Бүгин сени көргим келип.
Кетесең гәде дәрексиз,
Биз изиңде ҳәлекпиз,
Қалды сылтаў, себепсиз
Бүгин сени көргим келип.
Не айтаман тап барғанда,
Қалмайын келмей әрманда,
Толғанып тек турман дә,
Бүгин сени көргим келип.
Турған жоқ-аў келгиң келип,
Жыллар өтип бир күн келип,
Баяғы байғус бармекен деп
Қалар бизди де көргиң келип...
А.Дарменов,
26.06.2021.
@Allayar_Darmenov
#Биз_дуэлдемиз
Бүгин Нөкис қаласындағы Жаслар орайында әдебий дуэлге қабыллаў басланды. Атағулла Сәтбаев, Базарбай Жолдасбаев, Айгүл Қосымбетова, Әбдирахман Зергер сыяқлы қәлеми өткир жас дөретиўшилер менен бәйгиге ат қостық. Еле де қатнасаман деўшилер болса бүгин саат 16:00ге дейин қабылланады.
Толық мағлыўматты мына мәнзиллерден алсаңыз болады.
@dueluzb_bot
@ijodkorlarkengashi
@Allayar_Darmenov
Әкениң тилеги
-Балам, сен өмир бойы, ҳәтте қартайғаныңда да автобуста жүргейсең. Сенде хызмет машына түўе жеке машынаң да болмағай… Өз перзентине усылай тилек тилейтуғын әкелерди билесиз бе? Ондай әкелер жоқ деўге асықпаң…
40 жаслар шамасындағы әке 10-12 жаслардағы баласын алып автобусқа минди. Бос орынлықлар көп болыўына қарамай әке тик тура берди. Жолда автобус айнасынан турып қол көтерген ғаррыны көриўден-ақ әке баласының басынан шертти. «Тур, ….мать»
-Орын көп ғо, папа. Енди шертпек шапалаққа айланды.
Әке сонша бос орын болыўына қарамай ғаррыны баласы отырған орынға отырғызды. Кейин әке жуўасып баласының қызарып турған бетинен сүйди де әсте гүбирленди: «Жасы үлкенлер келгенде орын бериў керек. Сонда ертең қартайғаныңда саған да жаслар орын береди, балам.
Аллаяр Дарменов,
17.06.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Биз_Бозатаўдамыз
#Поэзия_күнлери
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары Батыр Эргашев ҳәм басқа ўәлаятлардан, Ташкент қаласынан келген бир топар жас шайырлар менен бирге әңгиме дүкәнин қурдық.
@Allayar_Darmenov
Досназаровтың арқасында
(Драббл)
Аўылда жер жайға үйренген ғаррыға мына жай тилдеги қапырық, илимийше аномал деген ыссыда "дом"да отыра бериў жақпады. Кешликтен соң ақлығын ертип сыртқа шықты. Жумыстан күнде кеш қайтатуғын баласы келсе излеп қала ма деп үйиниң қасындағы Аллаяр бабаның естелиги тәрепке жол алды. Муҳаббаттан мәс жасларға кесент етпейин деп естеликтиң артқы жағындағы скамейкалардың бирине отырды. Ақлығы кеше атасы туўылған күнине әперген велосипедин ушыртып айдап жүр. "Қала ата, толмыз белемен, шүййй-к". Ғаррының да, ақлықтың да кеўиллери шад. Бираздан ғарры болжағанындай баласы сым қақты.
-Аға, қаяқтасыз? Нөрик қасыңызда ма?
Ақлығының атын қысқартқаны ғаррыға унамады.
-Қасымда. Айланып жүрмиз мына үйиңниң алдындағы...
Жумыста баслығының сөгисин еситип келген баласы ағасының сөзин бөлип таслады.
-Соны айтып кетсеңиз болады ғо қоңыраў етип. Өзиңиз аўылдағы жайды сатайық дедиңиз, саттық. Енди шәҳәрлик болдыңыз. Аўылдағыдай қуры қаңғып кете бересиз бе? Кимниң арқасында Нөкисте жасап атырғаныңызды билесиз бе?
-Досназаровтың арқасында. Ғарры баласының тек ең баста берген сораўына жуўап қайтарды қойды.
Аллаяр Дарменов,
04.06.2021
Канал: @Allayar_Darmenov