Шын шайыр халқым дейди, елим дейди,
Бирликли елдиң кемиси де билинбейди,
Қарақалпақ районлардан қуралған,
Қарақалпақ районларға бөлинбейди.
Ертеректе «Лаққылар лигасы» жарысында Төрткүлде муғаллим болып ислейтуғын жорамның өтинишине бола жазылған қосық еди. Тик-ток, инстаграмларда көп ҳаўаза болып жүр екен.
@Allayar_Darmenov
#24_декабрь_Гимнимиз_қабыл_етилген_күн
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
И. Юсупов сөзи;
Н. Мухаммеддинов намасы.
Жәйҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир, шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.
Қайтармасы:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийрибан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.
Қайтармасы:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉@QRJas_doretiwshiler
Жасыңды қырқып бер деме
Ел арасында өзиниң рәсмий атағына ийе болмаса да халықтың кеўлинен шығып, олардың ишеклерин қытықлап жүрген, дәслебинде Жийен бала, соңын ала Юморбек атана баслаған Махсет аға Әбдижамилов пенен азы-кем аға инилигимиз бар. «Әлекеш, өзимиздиң баласаң ғо, мынадай етип бир нәрсе жазса» дейди арасында. Өткенде драббллар таңлаўын өткергенимизде ағамыз да өзиниң драбблын таслады. Телеграмда «аға, зор жазыпсыз, тек 30 сөзден зыят болып кетипти, шәрти солай еди, азмаз қырқып бериң дә» дедим. Әй, сизлер-әм бир санаса бересиз,-деди қолындағы қайшысын көрсетип. Бираздан «қырқылған» драббл келди. Әнекей, деп енди каналға салажақ едим, жасы нешеде екен-әй деп ойлап қалдым. Сорасам «қырққа келдик ғо, иним» дейди. Таңлаў жаслар күнине арналып өтип атырған соң қатнасыўшылырдың жасы 30дан аспаўы керек еди. «Пай, иним-әй, жасыңды да қырқып бер деме бирақ» дейди...
Қысқа гүрриңин таңлаўдан тысқары деп каналға жайластырып едик.
Ағамыз аман болсын!
Канал: @Allayar_Darmenov
Байланыс: @AllayarDarmen
Быйылғы Төлепберген Қайыпбергенов ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары менен танысың.
👉 Т. Қайыпбергенов
👉 И. Юсупов
Ашынарлысы, олардың арасында я НМПИ, я ҚМУ болып, бирде-бир қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги студентлери жоқ...
Жолшы жулдызды жоқлаў
(Атақлы мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов дүньядан өткен күни жазылған қосық)
Ел дәртинде күйип мудам жандыңыз,
Шыңлар шелли көз илмейди даңқыңыз,
Жасайсыз пүткил журттың жүрегинде,
Исмиңизди умытпайды халқыңыз.
Көш басында жол баслаған нарымыз,
Изге ерген бота едик бәримиз,
Аңлып жатып әжел мерген гезеде,
Ырғып түсти туў шыңнан суңқарымыз.
Келбетиңиз көз алдымда көрикли,
Жүрек жылар бугин тилик-тиликли,
Үй төринде атасынан айрылып,
Бозлар бүгин барлық қара бөрикли.
Ойлап мудам кеше-күндиз ел ғамын,
Сыйы едиңиз бул журтқа Алланың,
Көкте Жолшы жулдыз ағып түскендей,
Қарақалпақ гүзетип салар уғланын.
Аллаяр Дарменов,
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы
01.08.2020
Канал: @Allayar_Darmenov
Biz basladıq!!! Instagram betimizde tamasha etiń!
https://instagram.com/jas_doretiwshiler_klubi/live/17954611817136558?igshid=MTg0ZDhmNDA=
#Ҳоккуге_еликлемелерден
Ең жақсы тилек
Жолдасын сағынып көзи сарғайыў...
Ең жаманы ол. Тилектиң ҳасылы:
Қоса қартайыў.
@Allayar_Darmenov
***
Бүркит демең, диң аспанға таласпайын,
Майдан күшлиники, ким қалар, пал ашпайын,
Кисиде кетсин мейли сол бираз пайым,
Маған арқа сүйемең!
Жақынласаң көп дослар бүгин жырақлар,
Пүтинленбес ушыға қыйқым қурақлар,
Жаныңды жеп барар "бирақ"лар-ә, "бирақ"лар,
Маған арқа сүйемең.
Менмен санаң, сораўлар қалса жуўапсыз,
Қалайын тап сизлерден келер саўапсыз,
Биз, ақыры, ең атақлы бийталаппыз!
Маған арқа сүйемең!
Бүгин не деп мин тақсаң еркиң өзиңде,
Өсек сөзиң өрбийди басқан изимде,
Өзимди сүйер арқа керек гезинде,
Маған арқа сүйемең...
А. Дарменов,
20.11.2022.
@Allayar_Darmenov
Шыргүбелек айланар әлемниң бәри,
Бул күнде достым, ҳәтте сәлемиң дәри,
Азғырып кете жазлар едим, еле де,
О, қәлемниң бары!
А. Дарменов.
@Allayar_Darmenov
Қарақалпақстан телерадиоканалының (02.11.2022) “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!” таңғы тиккелей эфири
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили жас шайыр Аллаяр Дәрменов пенен дөретиўшилик сәўбет
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Шын ақын
(Мейрамбек Әбдиқәлиевке)
Әдебиятта айта алар ким ҳағын,
Бизиң елде қай бир киси шын ақын?
Айыра алмай «самопал»ды «ағы»нан,
Жүргендей бир саўда шайырсымағың.
Пегас атты ешек қылып минген көп,
Я ешекти пегас деп те жүрген көп,
Есенғалий умыт болмас ҳешқашан,
Сен тири-Төлеген де өлген жоқ!
Ағамыз аз, көп бирақ ақсақал дым,
Әдебиятта бул емес жақсы ҳал дым,
Бүгин орташасы алпыс-жетпис жас,
Жазыўшылар аўқамына ағзалардың.
Болайық мейли биз көп я аз халық,
Шайыр халқына жараспас қызбалық,
Аңсат емес Бөришеге мингендей,
Жазыўшылар аўқамына ағзалық.
Гейде бийик, гейде журттан пәс турып,
Бойдақлықта талай қызды мәс қылып,
«Әй, сол…» деп саған қол силтегенлерди,
Жибериў керек Тигрге бир ҳәстирип.
Айт Нуркенге, тәмийинлесин көлик пенен,
Бираз жол ақыр Нөкис-Мүлик деген,
Сыртқа барып сый алып атқан шенде-шең,
Қосық жазып жүрген қара бөриклиден.
Даўамы⬇️⬇️⬇️
Көптен шалалығынша қалып, толық "қосық" атана алмай жүрген қурақ-курақ қатарлар бар еди. Бүгин солардың басын бир бириктирип көрдик. Баҳа берип өтерсизлер.
@Allayar_Darmenov
Қабырғам
(Қосық жазажақ едим, бирден өлеңге айланып кетти 😊)
Сыйысың маған қудайдың,
Сүйсинсин бул деп қалдырған,
Тәттилик сыйлап талай күн,
Тамаша жансың, қабырғам.
Жанашыр жансың, қабырғам.
Жүрегимниң тап тусы,
Сол жерде өзиң сабылған,
Басыма қонған бақ қусы,
Берекетти қабырғам.
Мүриўбетти қабырғам.
Қолдаўшыңмын, қорғаўшыңмын,
Ыссыдан, нөсер жаңбырдан,
Неге керек ширкин муң,
Қайыса берме, қабырғам,
Майыса берме, қабырғам.
Бар гүли саған ғаламның,
Тәбийғат сен деп қубылған,
Ардақты сыйы Алламның,
Айналайын, қабырғам,
Аймалайын, қабырғам.
Қандай ғажап өжетсиң,
Мол тиле бизге сабырдан,
Көнгенге, күлгенге не жетсин,
Қыйсық ғана қабырғам,
Қырсық ғана қабырғам.
А.Дарменов,
08.08.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov
#Ибрайым_Юсупов_Қаҳарман
Ҳәзир Қарақалпақстандағы белгили информациялық сайтлардың бири Kar24.uz дың ийеси Қумар Бекниязова "Жеткиншек" газетасында өткерилген ушырасыўлардың биринде (2005-жыл, 7-апрель саны) мийманға келген И.Юсуповқа былай сораў берген екен:
-Ибрайым ата, сиз Өзбекстан Қаҳарманы атағын аламан деп ойладыңыз ба ҳәм алғаныңызда өзиңизди қандай сезгенсиз?
Жуўап:- Мен келешекте "Өзбекстан Қаҳарманы" боламан деп ҳеш ойламағанман. Әлбетте, бундай пайытта кеўлиң көтериледи, Президентке рахмет айтасаң. Бул халқымыздың сый-ҳүрмети.
Сол күни азанда телевизордан қаҳарман болғанымды хабарлапты. Мен ол ўақытта уйықлап атыр екенмен. Бул хабарды еситкен бала-шағалар дәрҳал мени оятып, меннен сүйинши сорады. Сонда мен оларға: "Азмаз сабыр етиң. Хорезмде де Ибрайым Юсупов деген шайыр бар. Бәлким, сол шығар",-дедим...
Канал: @Allayar_Darmenov
#Заманлас_жас_шайырлар
#Базарбай_Жолдасбаев
ТАБЫЛАДЫ
Табылады,
Табылады,
Бәри де табылады!
Табылғанша шыдамың сабылады.
Сабырсыз ғой жанымыз, сабырсыз ғой,
...бир минут та күталмай жалығады -
Жалыққанын қәйтерсең жанымыздың,
Жапырағы сыяқлы сары гуздиң.
Еркек болып несине мақтанаман,
Кеўилин табалмасам усы қыздың!
Неткен сулыў бул ақшам табылмайтын,
Бул қандай қыз ашығын сағынбайтын!?
Өзимде де гүнә бар, тән аламан,
Мен де кербаз жигитпен жалынбайтын.
Табылады деп айтсам жалған еди,
Өзиңсиз дәртлеримниң қайда еми?
Табылмайды-аў бундай қыз,
Табылмайды-аў,
Бул дүньяда жалғыз-ақ қалған еди...
Базарбай Жолдасбаев
29.02.2020
Канал: @Joldasbaev_Bazarbay
@Allayar_Darmenov
#Архив
Баратырсыз инилерим қай тәреп?
Бир мектепте 11-класс оқыўшыларына сабақ өткенимде мынадай қызық, туўрырағы аянышлы жағдайға дус болдым. Үп-үлкен, жасы он сегизди толтырған ул-қызлар биргеликте Қарақалпақстан Республикасының гимнин айтқанда биринши шуўмақты атқарып, екиншиге келгенде биразы тутлыға баслады. Үшинши шуўмақта болса дерлик пүткил класс аўзына қум қуйғандай үнсиз қалды…
Баратырсыз инилерим қай тәреп?
Ким излейди бизди кетсек бийдәрек?
Қуўрамағай қанша әсир өтсе де,
«Жәйҳун жағасында өскен байтерек».
Түбимиз бир, мыңнан үмит шақамыз,
Минус еки бәриңизге баҳаңыз,
Алыс әўладларға арқа сүйеген,
Гөринде тик турар бүгин атаңыз.
Үш шуўмақты ядқа билмес қай баллар,
Үш шуўмақты ядқа билмес ҳайўанлар!
«Қаракесек»ти «ишип» қара суўдай,
Гимнин есинен шығарып қойғанлар.
Қурасыз ба сизлер айдын келешек,
Қоймасаңыз мәңгүрликке еле шек,
«Қарақалпақстан деген атыңды
Әдиўлеймиз мәңгиликке» демесек.
Бийик минберлерден жаңламай-ақ қойсын,
Мейли, дүнья қунт етип тыңламай-ақ қойсын,
Ел қосығын еске алмас ессизлер,
Анасының қарнынан туўмай-ақ қойсын!
Аллаяр Дарменов
23.04.2020
@Allayar_Darmenov
Вайн яки юмор
Ол ерте заманларда Жийен бала деген лақап пенен 📺да тез-тез көринип турар еди. Кейин НӨКИС-ФМ нен шығып, мийимизди жейтуғын болды.
Бизлер «шереийттен Юморбектиң ҳәзиллерин өткерип қайттық» деп үйдегилерге тыңлататуғын болдық. Кейин Юмор бәйги деген конкурс өткеретуғын әдет шығарды тийеберсин Илҳам Саймановлар менен бирге.
Көп заманлар өтип, бул киси бизиң бахыт тойымызды басқарды.
Ертең жыл жуўмағы бойынша «Хошамет» сыйлығы бериледи. Онда өткен жылғыдай «Жылдың ең жақсы вайнери» деген номинация бар қусайды. (Ким алады деп ойлайсыз?))
Инстаграмдағы әжептәўир вайнлардан сәл шетлесип, таза, миллий, қаракеңше ҳәзиллерди тыңлағыңыз келсе, Мақсет ағаның концертине мәрҳамат!
@yumorbek_orayi
@Allayar_Darmenov
#Архив
Өзиме яки қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги студентлерине арнаў
Мына жақта жүз тилши,
Ана жақта жүз тилши,
Наўайыда және бар,
Оқымасаң да қарық болып,
Оқытпаса да қарық қылып,
Жүзиңиз жылда жарық болып
Питкериии-и-йп шығасыз.
О жарықлық!
Пахта тердим-сылтаўың,
Контракт едим, пул таўыў...
Айыпты төңкерип Әлипбеге,
Тоңқылдайсаң: "Өзгертти неге?"
Өзиңде кир жоқ, аппақсаң,
Өзиңше ФИЛОЛОГ, талтақсаң,
Китапханаға кирмейсең,
Байрам өткерип билмейсең,
Билгениң гүзде Бердақты,
Бәҳәрде Әжиниязды еске алып,
Ибрайым менен Төлекке бир тост айтып,
Жылдағыдай ўазларға қайтып,
Каникулға шығааа қоясыз.
Уялмайсыз ба?
Байнияз ким, Мәтен ким?
Жолбарыс жүрек Бекимбетов?
Бабур шаҳ ҳәм шайыр,
Улмәмбет те шайыр ҳәм ҳәким!
Питкериўден сабақ талас,
Жағаға урған толқындай.
Бирең-сараң ер демесең,
Филология матриархат журтындай.
Мектеплер толды нашарға,
Еркеклер шықты базарға,
Уят, уят...
Аўзындағы асты алдырып,
Жүретуғынлар да сизлер,
Утқанға күлетуғынлар да сизлер,
Өсекти жыйнастыр,
Гештекти жыйнастыр,
Тасла болмаса геўдеңдеги басты алдырып!
Нәжим менен Мараттан үйрен,
Избасардың изин бас,
Қарақалпақ әлипбесин жаратқан-татар!
Неге сахнаға қойылмайды "Жийрен?"
Сессиядан сессияға,
Курстан курсқа өтип,
Өталмасаң "ата" таўып,
Етегин сүйип, қолынан тутып,
Мектепте гердейесең: "Тыныыыыыыш!"
Пединституттың жүзи-Сизлер,
Университеттиң жүзи-Сизлер,
Тарийхшы талай дүньяда,
Математиклер де мол-молақай,
Ал Сизлер жалғыз, билесизлер.
Жазыўшылар аўқамы қайда?
Рескитапханаға бардың қашан?
Неше китап бар жеке өзиңде?
Тек бир шаршаўың бар бесинши майда...
Елге биреў тас атса,
Тилге биреў тас атса,
Тийгизбең Сизлер қалқан болып,
Сөзиңиз тийсин мәлҳәм болып.
Факультет көп, қәнигелик көп
Айрылып турың Сизлер олардан,
Таң жулдызы Шолпан болып,
Ақыры, арқаңызда ғой Сизлердиң,
Турыўымыз да Ўатан болып.
Аллаяр Дарменов,
15.02.2022.
@Allayar_Darmenov
❤️ «Jas dóretiwshiler» klubı 1 jasqa toldı
Usı jıldıń 17-dekabr kúni Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması janında dúzilgen «Jas dóretiwshiler» klubınıń shólkemlestirilgenine 1 tolıwı múnásibeti menen Jaslar orayında ádebiy keshe bolıp ótti.
Kesheni Qaraqalpaqstan xalıq shayırı, «Ámiwdárya» jurnalınıń bas redaktorı, ustazımız Xalila Dáwletnazarov ashıp berdi hám klubtıń aldaǵı jumıslarında bálent párwazlar tiledi.
Onnan soń klubtıń 1 jıl dawamında ámelge asırǵan is-ilajları videorolik arqalı jıynalǵanlardıń názerine usınıldı.
Sonday-aq, ustazlarımız Saǵınbay Ibragimov hám Gúlnara Ibragimovalar tárepinen «Jas dóretiwshiler» klubına «Мой каракалпакский народ» kitabı sawǵa etildi.
Ilaj qızǵın sáwbetler, yoshlı qosıq namaları hám jas tókpe shayırlardıń ádebiy aytısı menen dawam etti. Keshe dawamında «Jas dóretiwshiler» klubı aǵzaları tárepinen Qaraqalpaqstandaǵı jalǵız balalar gazetası — «Jetkinshek»tiń 90 jasqa tolıwı múnásibeti menen gazeta jámáátine estelik sawǵaları tapsırıldı.
🕊QRJas_doretiwshiler
✅Telegram 📸Instagram 📹YouTube 💬Facebook
❤️ #клубымыз_1_жаста
🔥 #бизди_әдебият_бирлестирди
◀️ «Жас дөретиўшилер» клубы тәрепинен 1 жыл даўамында әмелге асырылған ис-илажлар бойынша видеоролик.
➡️ Жаңа толқын, жаңа әдебият: @QRJas_doretiwshiler
📢 Дыққат! Дыққат! «Жас дөретиўшилер» клубы бир жаста!
📝 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында дүзилген «Жас дөретиўшилер» клубының дүзилгенине бир жыл толды.
✅ Бәршеңизди клубымыздың бир жыллық байрам кешесине мирәт етемиз.
😀 Ўақты: 17-декабрь, саат 10:00
📍 Мәнзил: Нөкис қаласы, Жаслар орайы.
➡️ Жаңа толқын, жаңа әдебият: @QRJas_doretiwshiler
Бахыт түсиниги.
Абадан Турдымуратовадан әжайып қосық. Маған унады сизлер менен бөлиским келди.
Пикирлериңизди комментарийди басып қалдырсаңыз болады.
/channel/baxtiyarjumataev
Каналға ағза болың.
Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.
Ассалаўма әлейкум! Кеше өмиримиздиң ең шийрин мәўритлеринен бири-бахыт тойымызды өткердик. Келип мийман болғанларға, устаз шайыр-жазыўшыларға рахмет. Тойды жақсы өткериўге ат салысқан Мақсет Әбдижәмилов (Юморбек), Камал бақсы ҳәм Әзиз жыраў, хошҳаўаз бүлбиллеримиз Д. Мәмбетмуратов, Б. Жуматаев, Б. Разымбетов, Т. Қарачаев, Е. Асқаров, Лепес ҳәм Маджолардан миннетдармыз. Тойдың бас қонағы болған Жас дөретиўшилер клубы ағзаларына, соның ишинде С. Сырғабаеваға айрықша Рахмет айтамыз. Алла сыйласын! Сизлердиң де тойларыңызда хызметте болыў несип еткей!
Ҳүрмет пенен,
Аллаяр Дарменов.
Тиккелей эфир алдынан баслаўшы Базарбай Жолдасбаевқа илажы болғанынша Жас дөретиўшилер клубы ҳаққында көбирек сәўбетлесейик дедик. "Қабуснама" яки өз дөретиўшилигимиз туўралы былайша да билип, еситип жүр. Клубты раўажландырайық, қатарымыз кеңейсин деген ойда клубтағы жетискенликлер бойынша көбирек сөйлеўге ҳәрекет еттик.
Көрсетиў ҳаққындағы пикирлериңизди күтемиз. Рахмет.
@Allayar_Darmenov
Арамызда ең алғыр жас қырансаң,
Ағам емес, ағалық етер жорамсаң,
Аўқам гүўалығын алғанға шекем,
Неке гүўалығын-ақ алып турарсаң…
А. Дарменов,
28, 31-октябрь, 2022-жыл.
Тахтакөпир -Халқабад
Түсиндирмелер:
Есенғалий Рәўшанов, Төлеген Айбергенов-Қарақалпақ топырағында туўылған қазақ шайырлары;
Бөрише -Бөрши таўдың атамасы соннан шыққан деседи;
Тигр -М. Әбдиқалиевтиң ийтиниң аты;
Нуркен- Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими баслығы.
Канал: @Allayar_Darmenov
Қурақ қосық
Едил, Жайық, Түркистан,
Келдик қайтып жол аса.
Керек емес Қарақалпақстан,
Қарақалпақлар болмаса...
Айнанайын ай елим,
Байлықларға бай елим,
Кийген қара қалпағың,
Басгенеңе сай елим.
Асаў дәрья енди аңыз,
Муң-шер толы суўнамамыз,
"Дом"ыңызда "вода провод"
Қалалылар шуўламаңыз.
"Ийшанқала" қулап атар,
Жәәәр-дее-ем деп жылап атар,
Майысып әсирлик сүдинлер
Ел сабырын сынап атар.
Қудық қазып ийне менен,
Прәпесир үймелеген,
Телмиреди тозып турған
"Академнаук" әйнегинен.
Толғатып күнде аналар,
Туўыў үйине жол алар,
Сигнал, шаўқым күн-түни,
Жеңил машын, "фура"лар...
Көбейип кеўили өскинлер,
Қосықты суўдай иштим дер,
Мәммеден шығып бүгини,
Мәмиледен шығар "Пушкин"лер.
Бердақ айтқан болғаны,
"Шайырлар қәлем алғалы..."
Аўылда газди қырққышлап,
Қалаға ўайфай жалғады.
Шинеўник келсе қаладан,
Шаппаттан терлер алақан,
Қызық екен қалай да
Қурақтан қосық қураған...
А. Дарменов,
2020-2022-жыллар.
Канал: @Allayar_Darmenov
Көз илмедим
Көз илмедим, сырластым жулдыз бенен,
Бағман едим бағынан гүл үзбеген,
Гүз самалын гүналап нетемен мен,
Даўыллатса даўың болмас гүз деген.
Көз илмедим, көз жиберип айға мен,
Ай астында сулыў күлки сыйлар ең,
Космонавтлық кәрим болмаса да сол
Ай ишинде арыў бар деп айтар ем.
Шийрин елес қатара таллар асты,
Изимизди жасырып қарлар басты,
Жүрегимде сен жоқ, жүрегиңде мен,
Сыртымыздан журт талай паллар ашты.
Сағыныштан сөз ашсам сөтилемен,
Сен болып туйылады пүткил әлем,
Түн кириўден ай ишинде майысып,
Отырғанды қой, жаным, өтинемен.
Тәғдир ғой, қудай жазса сөзиң бар ма?!
Қумсағанды қойдырар төзим бар ма,
Мен қайыл, айта бер, Ана, өзиң-ақ,
Шөкелеп жүрген басқа қызың бар ма?
А. Дарменов,
16.10.2022.
Айтпақшы, қосықтың жеке өмириме дым да қатнасы жоқ)
@Allayar_Darmenov
#Биз_инстаграмдамыз
"Көтере алмаған қосып арқалайды" дегениндей, бир телеграмға онша тисимиз өтпей атырғанда инстаграмда да өз аккаунтымызды аштық. Ол жаққа да өзимиздиң ең сайланды шығармаларымызды, постларды жайластырып барып атырмыз. Инстаграмға кириўшилер болса қосылып қойсаңыз болады.
👇
https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link
Канал: @Allayar_Darmenov
#Näme_üçin_seň_gözüňde_gussa?
Каналымыз ықласпентлеринен бири төмендеги қосығымызды түркмен тилине аўдарма ислепти. Рахмет.
Näme üçin seň gözüňde gussa?
Syndyrdymmy göwnüň aýnasyn,
Beýle öýke, kine nirden?
Uzak etdi sähel arany,
Gözleňdäki gaýgyly gussa?
Söz gatmaýaň,Göwnüm ýaraly,
Aramyzda öýke tupany,
Uzak etdi sähel arany,
Gözüňdaki ajy bir gussa?
Dolup-daşar mawy deňize,
Göz ýaşlaryň hut suwlar ýaly...
Kän gumanlar etdim bu söze,
Nämüçin ýok seň gözüň mejaly?
Аўдармашы Сапардурдиева Лашын
Ҳасыл варианты
Неге сениң көзиңде муң?
Сындырдым ба кеўил айнаң,
Бунша өкпе, гийне қайдан?
Тап десең табайын қудайдан,
Неге сениң көзиңде муң?
Үн қатпайсаң. Кеўлим жаралы,
Арамызда араз бораны,
Алыслатты бираз араны,
Неге сениң көзиңде муң?
Жылаў жарасар булаққа,
Көз жас та бир қонақ дә!
Күлимлер едиң бул ўаққа,
Неге сениң көзиңде муң?
Неге сениң көзиңде муң?
А.Дарменов,
25.05.2020
Канал: @Allayar_Darmenov
Сен мени сағынып жүрме
Көрейик, шыдайды екен ким узақ?
Өтпейди ўақыт, күн, күннен түн узақ,
Сағынтып мәс болып жүре бер сен қыз-ақ,
Тек мени сағынып жүрме.
Түсиңе жолатпа, алма да еске,
Қумсап сағыныш сабағын еспе,
Исен, қыйын емес умм...м..ытыў ҳеш те,
Сен мени сағынып жүрме.
Өткен күнлерди сол, дәрья бойларын,
Театр, музей, жаслар орайларын
Еслеп езилме, өтиниш, қой бәрин,
Сен мени сағынып жүрме.
Жабырқатпа жылап сен жас жаныңды,
Булт баспасын дым кеўил аспаныңды,
Еслеме қушағыма басқанымды,
Сен мени сағынып жүрме.
Умытыў да усайды бир дәриге,
Сүйсең сағынбасаң оннан мәни не?
Жай ғана қол силтеп жаным, бәрине,
Сен мени сағынып жүрме.
Рахмет, талай елес изиңде қалды,
Жылатпадым, бар жас көзимде қалды,
Керек емес сүўретиң, өзимде барды,
Сен мени сағынып жүрме.
Аўырып қаласаң...
Аллаяр Дарменов,
01.08.2021.
Канал: @Allayar_Darmenov