allayar_darmenov | Unsorted

Telegram-канал allayar_darmenov - Аллаяр Дарменов

-

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Аллаяр Дарменовтың жеке дөретиўшилик каналы Байланыс ушын: @AllayarDarmenov

Subscribe to a channel

Аллаяр Дарменов

ХАБАР РЕДАКТОРЛАНДЫ!

ЕСЛЕЎ КЕШЕСИ КЕЙИНГЕ ҚАЛДЫРЫЛДЫ!

Музей админстрациясының хабар бериўинше, айырым себеплерге бола, еслеў кешеси кейинирекке қалдырылған.

Қашан болыўы қосымша хабар етиледи екен.


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

📹 Бөршитаў. Қаратерең. Қарақалпақфильм

⚜Тарийх
🌏География
🗞Фольклор
🔍Шынлық

Сценарий авторы ҳәм режиссёр: Бәўетдин Баймурзаев
2014-жыл.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Өткенде клубтың бир жыллығынан соң Телеграмм топарда ғайыптан-тайып Мейрамбек, Мукаррама, биз-үшеўимиз кишкене «айтысып» қалып едик. Соннан Мукаррама екеўимиздикин қырқып алып нәзериңизге усынайын.

Алыстағы Мукарраманың өзи келе алмай, торты келип еди байрамда...


Аллаяр:
Жанарың еслетер көкте қуяшты,
Сулыў жүзиң сүймейди макияжды,
Жыл бойы сыртта жүрип, бир келип,
Дүбирлетип кеттиң-аў Әтияжды...

Мукаррама:
Сездиң бе дийдарың күткенлеримди,
Алыстан интизар еткенлериңди,
Қатты боянбайман, жасырғым келмес,
Өзиң жақсы көрген сепкиллеримди...

Аллаяр:
Өттиң асып талай жол, өткеллерин,
Сыртта сағынып өтип жүр көп күнлериң,
Қорқаман-аў, теп-тегис болған шығар,
Сүйиле берип беттеги сепкиллериң...


Демалыс күниңиз жақсы өтсин!

@keuylge_zhol
@Meyrambek_poeziya
@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#моностих

Әдебият атызындағы қусқорқытардың дебдиўи

Шигин аралас сеўилген дәнди қорықлатып қойғаны неси?

А. Дарменов,
21.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ассалаўма әлейкум, канал ағзалары!

"Жеткиншек"тиң 90 жыллық тойын биз жаслар өткен жыл басында белгилеймиз деп, соң көп себеплер болып, жыл ақырында азы-кем белгилеп өткен едик.

Бүгинги жас дөретиўшилердиң де көпшилиги усы газетаның қарлығашлары. "Жеткиншек"тиң 91 жыллық тойы мүнәсибети менен газета жәмәәтин жас дөретиўшилер клубы атынан шын жүректен қутлықлаймыз.

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

🎭ЖАС ТАМАШАГӨЙЛЕР ТЕАТРЫНАН ЖАҢА ПРЕМЬЕРА!
ЎАТАН ТОПЫРАҒЫ!

🖇Бирнеше күн алдын "Атабийзар"ды халыққа усынған театр жәмәәти көп өтпей сизлерди тағы да қуўантыў нийетинде.

🔖Халық шайыры Ибрайым Юсупов авторлығындағы "Ўатан топырағы" поэмасы тийкарында сахналастырылған "Ўатан топырағы" поэтикалық драмасы театр ықласпентлериниң кеўлинен терең орын ийелеўи сөзсиз.

🔆БӘРШЕҢИЗДИ ПРЕМЬЕРАДА КҮТЕМИЗ!

Ўақты: 21-январь
Саат 11:00 де


(Айтпақшы, премьералар ҳәрдайымғыдай бийпул болады)

Ҳүрмет пенен,
Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры ҳәм
@Merwert_uz каналы жәмәәти


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Айта алмайман, билесең,
Жаз деп берме жәбирди,
Жазбасам жатып күлесең,
Оннан жыласаң тәўирди.

Тәўири саған бирақ та,
Кисини шуқылағаның,
Билинер сонда китаптан,
Бердақты оқымағаның...

А. Дарменов,
18.01.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Келдиң ғой сөйтип келеге,
Қызба, қарақалпағым,
Беглигиңди еле де,
Бузба, қарақалпағым.
[Ибрайым Юсупов].

Адамгершилик ҳәм қарақалпақшылық сөзлери екеўи синоним!

Бул көринислер ҳәзир сырттағы көпшилик ушын ертектей нәрсе.
Алла разы болсын!

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Аномал

Суўықлар умыт болар жазлар келип,
Билмей қаларсаң өткенин қыс қалай,
Лебизхоры көп журтты адамгершилик,
Ҳәм табылса мүриўбеттен қыспағай.

Аллаяр Дарменов,
13.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Есап-китап

Кеўлиңниң кирлерин қыртышлап бир күн,
Билинип қалар түп ҳайўанлық турқың,
Тасборан етер өлгенше халқың,
Жерменликтиң де есап-китабы бар.

Кисиниң пайына асылып алып,
Өзин атақларға усынып алып,
Ҳарам пулдан бир күни ушынып қалып,
Бул масайраўдың есап-китабы бар.

Былқылдақ гүрсиде қарын қойғандай,
Қумарда жетпесе арын қойғандай,
Жермен көп, жер бетинен бәрин жойғандай,
Сонда да билемен, есап-китабы бар.

Турмыс–мегзес мысқыл театрына,
Жүргизер ҳадаллық паяпылынан,
Шебер сениң сол калькуляторыңнан,
Алланың да өз есап-китабы бар.

Есапшыға да есап-китап бар...


Аллаяр Дарменов,
11.01.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

QARAQALPAQ AKADEMIKLERI”
“Ziywar” ádebiy dógeregi aǵzalarınan jańa baslama



Ájiniyaz atındaģı NMPI Túrkiy tiller fakulteti Qaraqalpaq ádebiyatı kafedrası janındaǵı “Ziywar” ádebiy dógeregi aǵzaları jańa baslama menen shıqtı. “Qaraqalpaq akademikleri” atlı enciklopediyalıq toplam jaratıwdı niyet etken student jaslar bunıń ushın házirshe hárbir akademikke óz aldına telegram kanal ashpaqta.

Baspasóz, televideniye, sociallıq tarmaqlar, ulıwma ǴXQda járiyalanǵan hám járiyalanbaǵan tıń materiallar bir jerge jámlenip keń jámiyetshilikke usınıladı.

Baslama student jaslar tárepinen ilgeri súrilgenin esapqa alıp, dógerek aǵzaları institut jámááti hám basqa da zıyalı qatlam wákillerinen bul ullı tulǵalar haqqındaǵı bar bilgen maǵlıwmatların kafedra stajyor-oqıtıwshısı, dógerek júrgiziwshisi @AllayarDarmen profiline bólisiwdi soranadı.

👉@nmpiziywar

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Өмирге қуштарлық

Бахыт ақыр соңы мени тапты ма?
Ығбал деген «кесел»ине шатты да,
Өмир, сени бүгин қатты-қаттыға,
Жақсы көрип баратырман.

Кеўлим жыллы сөз күтип жаўраса да,
Ғыйбат ҳәрре ининдей ғаўласа да,
«Кетпеним ушпаса», «жаўын жаўмаса» да,
Жақсы көрип баратырман.

Арқамды сүйеген аға–жомарт нық,
Желке тутты қылынғанда нәмәртлик,
Солар ушын қайта-қайта кумартып,
Жақсы көрип баратырман.

Молекула–жан ишинде жан жаным,
Туўылыў–Бахыт. Бахыт–бас заң, жаным,
Кислород, водород, озон қатламын,
Жақсы көрип баратырман.

Бүгин негативлик деген ылаң барды,
Бәрин: дос-душпан, жақсы-жаманларды,
Ақ-қара, Алла жаратқан адамларды,
Жақсы көрип баратырман.

Қағаз–айлаў, қәлем–ат, шабайын енди,
Ел жүрегине жол табайын енди,
Аҳ, Өмир, сени мен (неғайын енди?!)
Жақсы көрип баратырман!

А. Дарменов,
05.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Сени тапқаным

Байлардың ынжық бай қызлары қалып,
Биз өкше жулдыз, ай қызлары қалып,
Қарақалпақтың мына бас буўыны,
Қолдаўлы, мүйтен, қытай кызлары қалып,
Мен тап сени тапқанымды айтсаңо.

Иши тардың көзлерине от салып,
Шоманайға қатар-қатар ат салып,
Изде қалып баяғы бойдақлық гез,
Тәрк айлеп сени де сол қыз патшалық,
Мен тап сени тапқанымды айтсаңо.

Талай жуўап хатлар жазғанда қызлар,
Мени деп ақылдан азғанда қызлар,
(Бәлким тийип алса бүгин қай бири,
Жүрермеди шалқып аспанда қызлар),
Бирақ сени тапқанымды айтсаңо.

Шайыр қызлар айтыс қурып шарлады,
Бақсы қызлар Сәнем болып зарлады,
Саў болсын бул замананың байлығы,
Телеграм социаллық тармағы,
Сонда сени тапқанымды айтсаңо.

Аралап театр, китап дүканын,
«Таза премьера ма? Кирейик, жаным»,
Бизди дусластырған шебер-аў қудай,
Өзи емес пе бул романтиканың?!
Айҳай, сени тапқанымды айтсаңо!

Аллаяр Дарменов,
02.01.2023

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Қоян жылында қарақалпақларға тилек
(2023)

Қоян киятыр, қуўалаң,
Қуўанайық баладай,
Шақ, шағала, шағалаң,
Қай шағала алады-ай?

Ақ қоян ба, сақ қоян,
Жуп қоян ба, тақ қоян?
Жеп қоймасын жолбарыс,
Шаққан-шаққан шап, қоян.

Азайсын метан гезеклер,
Алаўызлық өсеклер,
Көбейе берсин бул жылы,
Сүп-сүйкимли гөжеклер.

Қояйық қабақ үйиўди,
Доллар ислейик бояннан,
Ең болмаса көбейиўди
Үйренейик қояннан.

31.12.2022.
А. Дарменов.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Адамды аласат жолда қалдырып,
Жарымеслик қанға сиңген пәс қылық,
Ҳә сондайда шекесине алдырып,
Бир нәрселер айтқың келип турады.

Шешими тайын нәҳән бир даў излеп,
Батырсынып шымшық айбат жаў излеп,
Ҳәссений деп, тисленип бир баўызлап,
Бир нәрселер айтқың келип турады.

Қара дизимдемен, сол түрим ысық,
Қай шайыр санайды елин бузық,
Айтайын деймен, тек те тилим қысық,
Бир нәрселер айтқың келип турады.

Билмедим, болыўы керек дос кимдей?
Сеннен төрелик күтсек кетер тас гүллей,
Мөлерип қансырап жатқан Пушкиндей,
Бир нәрселер айтқың келип турады.

Аллаяр Дарменов,
29.12.202
2

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

ДАҒАЗА!

Тозады екен мәңгиликке қалғанлар,
Тозады екен, тозбайды деп салғанлар.
Тозады екен, тозады екен...
бәри де.
Тек жулдызлар қалады екен
мәңгиге.


Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық шайыры Улмәмбет Хожаназаровтың еслеў кешеси болып өтеди.

Шайырдың дөретиўшилигине арналған еслеў кешесине бәршени мирәт етемиз.

Ўақты: 24-январь, 2023-жыл, саат 11:00де.


Ҳүрмет пенен,

Музей админстрациясы ҳәм
@merwert_uz каналы шөлкемлестириўшилери.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Тегин_әдебий_реклама

Мақсетиңиз дурыс болсын!

Оқыўшы диктантта мақсет деген сөзди қәте жазғаны ушын балы төменлеп кетти. Телефондағы даўкес Расул Көшербаевтың ықласпенти болған оқыўшы ертеңине муғаллимге барып даў шығарды.

Қараң, Махсет Өтемуратов, Махсет Хожасов, Махсет Әбдижамилов (Юморбек), Махсет Полатов...
Бәри де «х» менен жазылған. Ол муғаллимге телефоннан телеграм менен инстаграмдағы танымалы Махсетлердиң бәриниң жеке канал, бетлерин көрсетип шықты. Телефонға исенбесеңиз мә дегендей Юморбектиң китабын стол үстине дүрс еткизди.

-Ол тек адам атларында, паспортта солай жазылады. Әдебий тилде «мақсет» болады.
-Адам атлары сонда әдебий тилге кирмей ме?
Муғаллим не дерин билмей сәл тутлығып еди, телефонына дызылдап қоңыраў келди. Телефон экранына Директор Махсет Атабаевич деген жазыў шықты...

А. Дарменов,
22.01.2023.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Тили басқа, дини басқа кисилер,
Дилмашсыз-ақ кеўилимди түсинер.
Кимди мәңги көтереди усы жер,
Бәри ўақтынша!

Денесиниң ақ қарасын бөлмей-ақ,
Жасар едик есиклерди илмей-ақ.
Қурып кетсин, дүньясына күйме тап,
Бәри ўақтынша!

Дослық көпир бузылғанда жатласып,
Беккемлейди бирадарлық қатнасық.
Бир күн қалар хасылыңда тат басып,
Бәри ўақтынша!

Ҳей, адамзат! Ғәплет басып көзиңди,
Жерде жүрип жатырқайсаң өзиңди.
Тегиң бирғой, өзгертседе жүзиңди...
Бәри ўақтынша!

С.Сырғабаева

/channel/QRjas_doretiwshiler

@SSirgabaeva

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

"Жеткиншек"теги сүйикли әжапам Жеңисгүл Ибадуллаева мақалам шыққан газетти редакцияда әсте жасырып берип, "үлкейсең журналист боласаң ба, сонда беремен" дейтуғын еди...

Дипломлы журналист болмадық, бирақ көплеген мақалалар жазып, интервьюлер алып, баспасөзде гезинде бираз көзге түсип едик. Кейин қалып кетти. Блогерликке араласып, сын мақала, постлар жазып жүрдик (Ол да қалып кетпесе болмайтуғын болды))).

Айтажағым, журналистикаға қызығыўшылығыма түртки жасаған инсанлардан бири усы Жеңисгүл әжапам болады.

Байрамыңыз қутлы болсын!

Сүўретте: шепте Ж. Ибадуллаева, прозаик Д. Бегдуллаева менен әжапамыздың перзентин ортамызға алып түскенбиз.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#тойхат

Бул "Жеткиншек"те Қарақалпақстан халық жазыўшысы, устазымыз Кеңесбай Алламбергенов пенен ушырасыўда алынған сүўрет.

Биз "Жеткиншек"те көп дос арттырдық. Бул сүўретте жанымда Әдилбек Латипов ("Қарақалпақстан экологиясы" газетасы журналисти), Динора Бегдуллаева (журналист, прозаик İELTS сертификаты ийеси), Гүлжайна Пахратдинова (көп ғана мақалалар авторы)лар ғана бар екен.
Сүўретте жоқ Денсаўлықты сақлаў министрлиги «пресса»сы С. Зияев, "Сиз сүйген қосықлар» көрсетиўи баслаўшысы М. Мәмбетниязова, докторант ҳәм жас шайыр-жазыўшылар А. Сәтбаев, А. Муҳаммедияров, Қ. Кеңесбаевлар, Жаслар гранты жеңимпазы Ш. Генжеғулов, "Зулфия"шы Айжамаллар...

Бәри ертектей... Ўақыттың зымырап өтиўин қараң. Бул досларымыз бүгин жәмийетте өз орнына ийе жасларға айланды. Бунда "Жеткиншек"тиң тутқан орны оғада жоқары деп билемен.

91-жыллық тойың қутлы болсын, Балалығымның басылымы, "Жеткиншек".

Аллаяр Дарменов,
"Жас дөретиўшилер" клубы бас координаторы

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Бирақ... қызықпайман мен тирилиўге,
Егер қарақалпақлар күтип алмаса...

Пәтийма МЫРЗАБАЕВА


/channel/a_blognot

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

***
Ибрайым ЮСУПОВ

Өзи қызық адамлар
Қызық көрер дүньяны,
Өзи бузық адамлар
Бузық билер дүньяны.

Өзи қызықшыл адам
Ойлап жүрер тек ғана,
Дүнья деген той байрам
Қызықтан турар деп ғана.

Бузық адам мудамы
Сумлықты ойлар ақыл деп.
Дүньяның барлық адамы
Бузықлық ислеп атыр деп.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

"Әмиўдәрья" журналының 2022-жылдағы 6-саны

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Ҳәккуге еликлеме

-Өтмишим, өкпелемейсең бе бүгинимди
Кешегиден қаттырақ сүйсем?...
....
Билип едим кеширетуғыныңды.



А. Дарменов
12.01.2023.


Ҳәкку-япон миллий әдебиятындағы үш қатарлы қосық

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#төртлик

***
Сындырып көрежақ, тындырып көрежақ,
Күйсин деп ҳақтан жандырып көрежақ,
Өлсе шаңымда туншығып өлсин деп,
Тулпарын ҳарам өлтирип өлежақ.

А. Дарменов,
09.01.2023.


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

#Akademik
#6_yanvar

Búgin, 6-yanvar qaraqalpaq xalqınıń tuńģısh akademigi Marat Kóptilewovich Nurmuhammedov tuwılģan kún.


"Ziywar" ádebiy dógeregi aģzaları bul ullı tulģa haqqındaģı túrli bahalı maģlıwmatlardı arnawlı kanalģa jámlewdi maqset etken.

Kanalģa aģza bolıń:
📖
@Marat_Nurmuhammedov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Өмирге

Сабаладым, әйнегиңди сабаладым,
Қатайтты жанымды көп шапалағың,
Өмир деген–бар нәрсеге көз жумыў–
«Акуна матата» ма деп шамаладым.

Жыламадым жеп өскенде мушыңды,
Созбадың жығылғанда қол ушыңды,
Спектакль излеймен жылап көргендей,
Комедияны сүймеўим сол ушынды.

Өкинишлер барады жанымды жеп,
Ойлады душпанлар шалынды деп,
Сатып жүрдим баклажканы терип те,
Саталмадым жалғыз арымды тек.

Жағымпаз бола алмадым жас басым,
Жағымпазлар, кеўлиң асып-таспасын,
Күн келип мына журт бетиңди тырнап,
Жыртып таслар жалатайлық маскасын.

Секунд өтер саатларға из салып,
Шынлықты изледим атлы, қус салып,
Бурын бирең-сараң гезлесер еди,
Сатарманлар көбейипти массалық.

Қашан питер қызғаншақлық көкпары,
Баслы айлаў–әдебият соқпағы,
Жудырықлы тажлыны жер тислеттик,
Бул асаў бәлеге бирақ жоқ дәри.

Өмир, әйнегиңди көп сабаладым,
Хошаметтен кем емес шапалағың,
Өзимше тиресемен, сениң шын баҳаң,
«Акуна матата» ма деп шамаладым.

А. Дарменов,
03.01.2023


Акуна матата-тәшўишсиз өмир сүр. Симба мультфилминен.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

Жаңа жылыңыз қутлы болсын!

Жаңа жылдың туңғыш таңында Дәстан Баймурзаев пенен бирге шаңарағыңыз мийманы боламыз. Егер шаршап уйықлап қалған болмасаңыз көрерсиз.

@Allayar_Darmenov

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

🔥 «Танылмаған талант ийеси» көрсетиўиниң байрам санында Жас дөретиўшилер клубы ағзалары мийманда болды

❄️Көрсетиўде ҳәзирги заманлас жас қәлемкешлердиң дөретиўшилиги менен бирге әдебиятқа болған айырым итибарсызлықлар хаққында да айтып өттик. Көрсетиўден соң өз пикирлериңиз бенен бөлисиң.

🕙Бүгин 19:40

📺АТВ телеканалында

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Аллаяр Дарменов

(Толық варианты)

Шын азамат халқым дейди, елим дейди,
Бирликли елдиң кемиси де билинбейди,
Қарақалпақ районлардан қуралған,
Қарақалпақ районларға бөлинбейди.

Арқа деп бөлгишлердиң кеўли жай тапты?!
Қубла деп бөлгишлердиң кеўли жай тапты?!
Төрт тәрепим мениң Қарақалпақстан!
Төрткүлим мениң Қарақалпақстан!
Төрткүлим елимниң туңғыш пайтахты.

Алаўызлық тисимизди қайрады,
Сызып кеткен Досназаровтың аймағы,
Бәримизди бирлестирер бәрқулла,
Ана Ўатан-Қарақалпақстан байрағы!

Аллаяр Дарменов,
21-март, 2022


@Allayar_Darmenov

Читать полностью…
Subscribe to a channel