Дуз ҳәм қыз
Қақшып алды күнниң нурын,
Толған ай – баскетбол тобы.
Басында бантик, қос бурым,
Тамағында зилдей зобы.
Баспалы кран, жер кран,
Водопровод – сәл ертек,
Суўға қоса тамағынан,
Дуз ɵтер ɵңешин ɵртеп.
Мазасы болмай сабақты да,
Тыңламайды уйып сирә.
Мектеби де узақты дә,
Жүриў жанға тийип тур-ә.
Қышырлатып кебир жолдан,
Келер оқыўшы – қара қыз.
(Ондайларды телевизордан
Кɵрсетпеймиз-аў сирә биз).
Ылайға батып етиги,
Қыста қыйын аўыл, енди.
Қыз – киятыр ол жетилип,
Мына бәле аўыр енди.
Замираны тыңлар уйып,
Бий апаны кɵрсем дейди.
Мен де модный кɵйлек кийип,
Үлкен концерт берсем дейди.
Уйқысында қысылып гә,
Терлеп-тепшип оянады.
Билдирмейди қысынып я
Билдириўге уялады.
Тазаланған суўдан ишип,
Қаланың қызы ɵседи.
Кɵремен: мектептен шығып,
Бир-бирине суў сеўиседи…
Мына қара қыз ɵспирим,
Тула бойы дуз толық.
Жылама, жаным, шүкирим,
Жаралғаныңа қыз болып.
Замираны тыңлар уйып,
Бий апаны кɵрсем дейди.
Мен де модный кɵйлек кийип,
Үлкен концерт берсем дейди...
А. Дарменов,
02.05.2024.
@Allayar_Darmenov
Жуўапсыз сорақ
Қосықты хорлаў – гүна,
Емес мәзи уятсызлық.
Жаўлайжақ дүньяны мына,
Ғалаба әдебиятсызлық.
Тамада, вайнерди танып,
Шайырды танымаў қалай?!
Мәңгүрликке биз анық
Бет бурдық-аў еки талай.
Гийне тутпас олар бирақ,
Көнген соған қайыл болып.
Мәңгилик жуўапсыз сорақ:
«Не бар еди шайыр болып»?!
Китап алыў дүкәннан...
Әй қайдем-аў, не билейин,
«Прәсенти жаман, оннан,
Кредитимди төлейин».
Тәрбияшы апай — ютуб,
Шала билемиз гимнди.
Журт гәзитти жыртып,
Интернетке сыйынды.
Берекет таппайсаң бақырып,
Ким қәдир тапқан заманында.
Тойға барғанбыз, ақыры,
Буннан да жаманында.
Қыял сүрип, сөз қурап,
Жүриў тәғдир сайыл болып.
Шешими жоқ қатал сорақ:
Нем бар еди шайыр болып?!
Аллаяр Дарменов,
10.04.2024.
@Allayar_Darmenov
Ортаға түспек
Таң алды ағып түсти көкте жулдыз,
Көзлери мөлдиреп қулады сорлы.
Биз ҳәр сөнген жулдызды санап турмыз,
Олардың «өлими» қалады сырлы.
— Әне, әне!,— дейсең сен бармақ силтеп,
Кетежақсаң сонда шапшып алып.
Бурын ойнағандай ортаға түспек,
Жулдызды көрежақсаң қақшып алып...А. Дарменов,
01.04.2024.
@Allayar_Darmenov
#Архивтен
Сен
Сен – жылтылдаған жулдыз толы аспаным,
Кел жазайық муҳаббаттың дәстанын,
Өртенип қызғанаман қайда жүрсем,
Нәзеринен басқаның.
Сен усамайсаң, үсатпадым ҳешкимге,
Дәрт болып бир жүрегиме түстиң де,
Елжиреймен сәл сағынсам өзиңди,
Көзлериме көштиң бе?
Кел жаным, жулдызларды жүз санайық,
Бахыт соқпағына бирге из салайық,
Бул өмирде бар шадлықтың бәрине
Биз ылайық.
Аллаяр Дарменов,
февраль-март, 2020-жыл
@Allayar_Darmenov
ҚӘЛЛИБЕК КАМАЛОВ – 98 ЖАСТА
Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, дипломат ҳәм тарийхшы Қәллибек Камалов 1926-жылы 18-март күни Қараөзек районы аймағында туўылған. 1947-1959-жыллары түрли жуўапкерли лаўазымларда жемисли мийнет еткен. 1959-1963-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1963-1984-жыллары областлық партия комитетиниң биринши секретары, 1984-1986-жыллары Румынияның Констанца қаласында бас консул лаўазымларын инабатлы атқарған.
Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық, сиясий, мәдений раўажландырыўдағы уллы хызметлери ушын Мийнет Қаҳарманы ҳәм бир қатар орден-медальлар, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен экономист» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.
Қ. Камалов тарийхшы сыпатында бир қатар китап ҳәм мақалалардың авторы.
ҚХА
Биз каналымыз атынан атамызға беккем денсаўлық, узақ өмир тилеймиз.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
ӘЛЛЕКИМЛЕР
Жыйналысқа бармайды ол,
Баслығыңа бар, түсиндир.
Пах! Не деген картина зор
Писип тур!
Әй, мәңгүр баслық, билемен,
Еле бираз «молодой»саң,
«Айлығын қырқ, сɵгис беремен»,
Деп оны сен жазалайсаң…
Селекторда не бар оған,
Мәжилиспазлық модасы,
Кɵкирегинде туўлаған
Нотасы!
«Неге қатнаспадың?» деп сен
Жаға жыртыўға шамалайсаң.
«Нотаңды астыңа тық» деп,
ϴзиңше бир жазалайсаң…
Таўсылмайды жыйнағы,
Яшуллысы кɵп илимниң.
Қалды мақала жуўмағы,
Ҳә түриңниң…
Келмесе яшуллың шығып,
Қарның силкип ҳаҳалайсаң,
Илимпазды жерге жығып,
Илимсизлерше жазалайсаң…
Шембиликке шақырмасын,
Тикпесин нәлше кебирге.
Ҳешким қосық жаздырмасын
Қәбирге.
Ол лираға ашық, билсең,
Ал, сен бийжɵн мазалайсаң.
Сәлемнама,
қутлықлаў,
тостлар жаздырып
Музасын қосып жазалайсаң
Күнлер келеди,
Бетонлар қаплап қара жерди,
Буўлығып гүллер бой соза алмай,
Шақырар олар әллекимлерди:
Художник дей ме?
сазгер?
илимпаз?
шайыр керек дейди-аў, япырмай?
Қара жер,
Ана жер,
Қайдағы кɵк шɵп – гүллер,
Аўыстырып алажақ сизлерди
Дүньядағы бар баслықларға.
Келиң қәне, «әллекимлер!»
Жыйналысқа бармайды ол,
Айтып бар баслығыңа…
Аллаяр Дарменов,
2, 3-март, 2024-жыл.
Дөретиўшилик канал: @Allayar_Darmenov
25-февраль қарақалпақ миллий тағамы "жүўери гуртик" күни!
Байрамымыз қутлы болсын, қарақалпақлар!
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Еркелетиў
Атыздан, атыздан
көк трактор киятыр,
Бизиң бала бесикте
буйығып жатыр.
Усла, усла, қоянды,
Әне, қоян оянды.
Жатады ол жымыйып,
Машын келди,
тормыз берди,
бий-й-ййи-п!
Иңга-иңга-иңгасы-
Шақырғаны папасын,
Шақырғаны мамасын.
Аўыш бер, қәне,
насыбайың да қалмасын,
Әп-шиў!
Ҳүрлиманның ҳәййиўи,
әллә меннен әлдийлер,
ниннилер де қалмады.
Топ-топ, домалақ,
Қайда кетти жумалап?
Жаздыр қолын,
бесигинен алайық,
әткөншекке салайық.
Бебий шарк,
маммий шарк,
Бирлик, екилик, үшлик...
Беллакт, Нестле, Нан...
Ана сүти бойыңды,
Ана тили ойыңды,
өсиреди, балам.
Түркийден қалған төл балам,
Ақыл балам, зор балам,
Бир дегенде не жаман,
Билимсизлик, бил балам,
Ериншек жаман екиде...
Ата-бабаң хан, балам,
Не айтсаң сол заң, балам.
Ақыл балам, ай балам,
Нурға толсын айналаң,
Ҳатамтайдай қолы ашық,
Билл Гейтсдей бай балам.
Обой-обой, данатай,
Ким бар бизиң баладай,
Ким бар?
ҳешким жоқ па?
Иййй жаным,
гөгүк
бәәә....
Аллаяр Дарменов,
19.02.2024.
@Allayar_Darmenov
УМЫТТЫМ
Мен ҳаслы Адам едим әўел баста,
Я маймыл ма едим?... Расы, умыттым.
Жерди жардым. Бомба. Уштым космосқа,
Сада японның көз жасын умыттым.
Тасқа табынып, қол жайып Қуяшқа,
Алланың ўахый — сазасын умыттым.
Теңизди қурыттым отырмай босқа,
Денемдеги дуз дозасын умыттым.
Рок, реп тыңла, ескиге қулақ аспа,
Миллийликтиң бар нотасын умыттым.
Ковид. Қашықласыў. Бетиңде маска.
Соң мусылманның Газасын умыттым.
Малютка. Каша. Қалмайсаң ашқа,
Ана сүтиниң мазасын умыттым.
Өрмекши, Жарғанат, Барбий, Золушка,
Қырық қыз, Едиге, Манасын умыттым.
Қатал заң: ийелик ет бөлип таслап,
Африка, аўған наласын умыттым.
Вулкан, тасқын, жер қозғалыс тынбасқа,
Сәл тәўирлессе тобасын умыттым.
Ресторан гездим, тойдым түр лавашқа,
Анамның жүўери жармасын умыттым.
Лоторея пош! Нәўбет гиф конкурсқа,
Шаң басқан китапханасын умыттым.
Жол силтең, илаж жоқ ақыл алмасқа,
Жасаўдың мазмун, формасын умыттым.
Аллаяр Дарменов,
14.02.2024.
@Allayar_Darmenov
Композитор достыма
Достым, бәленттен ал ҳәўиж, нотаны,
Шертемиз Ўатан ҳаққында оданы,
Жүрек дүрсилдисин қосамыз сазға,
Керек емес бүгинше барабаның.
Шүллик ойнап атқан анаў баланың,
Тайлар шаўып тулпар болған даланың,
Қосамыз ҳаўазын, күлкисин, йошын,
Үнсизлигин де қос Ийшанқаланың.
Сыңғырлы сесин қос арзыўлы ярдың,
Симфониясын шерт муң менен зардың,
Ҳәм қарыстырып жибер өкиргенин,
Әмет аға жазған жолбарыслардың.
Гөнекөз теңиздиң толқынын да қос,
Саялы гүжимниң салқынын да қос,
Қолыңнан келсе сөйлет Замираны,
Аҳиднамалы Маман ақылын да қос.
Тыңласаң сөз маржаны терилип келсин,
Қәдир Хилаллар да тирилип келсин,
Төрт жыллап тентиреп пахтада жүрген,
Студент қызлар жең түринип келсин.
Буқағы бөрткен қызлар шаң, дуз жутқан,
Арсыз ағалар көп лебиз, сөз жутқан,
Мени қашан жазасыз деп сораўшы,
Жақсы қосық қарыздармыз биз журттан.
Өзиңсең мен ушын ардақлы сазгер,
Гимндей жаңласын, кеўилге ҳәз бер,
Биз өлермиз бир күн, өлмесин бул жыр,
Сен де жазбай турып өлмеўге сөз бер!
Аллаяр Дарменов,
09.02.2024.
***
Тәғдир қайығымыз аўдарылды да,
Бизлер жойтып алдық бир-биримизди.
Излемедик, бәри изсиз қалды да,
Муҳаббат мазары билдик теңизди.
Енди кимге қызық гөне сезимлер,
Жазылмағы шәрт емес, айтылмағы.
Ҳәзир қуўанаман сеннен де бетер,
Қандай жақсы болған-аў жойтылғаның...
Аллаяр Дарменов,
24.01.2024.
@Allayar_Darmenov
#Архив
Ушырасайық
Ушырасайық бул рет мойын ийгил сен,
Нурдан тиккен көйлегиңди кийгил сен,
Ушрасқанда уялшақпан билесең,
Мени күтпей қос ернимнен сүйгил сен.
Шашларыңа қызыл гүллер тағып кел,
Шымшық айбат жүрегимди жағып кел,
Тасқынлатып кеўилимниң кенарын,
Таў басынан булақ болып ағып кел.
Мен күтемен қолларыма гүл тута,
Дилгир атта сабыр суўын сырқыта,
«Мен киммен» деп көзлеримди беркитип,
Сен келесең жаным, мени қорқыта.
Танымасам көзиң менен ат мени,
Ғəрип киби қул базарда сат мени,
Муҳаббеттиң мийтин болып түйилген,
Шешилместей шылбырына шат мени.
ϴкпем күшли келмес болсаң дилбарым,
Зая етпе алтын күнниң нурларын.
Ушрасайық, сөйлесейик көп мениң,
Телефонда айталмастай сырларым.
А. Дарменов,
2015-жыл
@Allayar_Darmenov
САБЫР КӘСАСЫ
Сени шүмпилдетип қуйған оңбағыр,
Сақыйлық сабағын алмапты оңлы.
Төгилсең не болар, билмес ол пақыр,
Мәйли, болары болды.
Сен шайпалсаң шайпалады мына Жер,
Даўыллар уйытқып, тозғыйды қатал.
Журтлар қарсыңда қатара диз шөгер,
Дизеси бүгилмеслерге обал...
Саңғыйды геллесиз денелер дүзде,
Емлетиў керек дә дизесин сонда!
Толтырып қуйма ендигиде бизге,
Уқтың ба?
Сени шүмпилдетип қуйған оңбағыр...
А. Дарменов.
01.01.2024.
@Allayar_Darmenov
«Жаслар келешек қурыўшысы!»...
– Журтлар жүр шыңғырып,
Бақырып,
Өтирикти шын қылып.
Тәўир тост айтқанлардың саясына тығылып,
Пенсияға дейин изине түсип арақтың,
Пенсиядан соң намазына жығылып...
Ал, сен я ары емес, я бери,
отырыпсаң гүм болып.
Биреў жай қурып атыр,
Биреў турмыс,
Ана жораң ўай-фай қурдыртажақ,
Ҳәмме жақта қурылыс.
Қайта қурыўлар – (жаңарған) ески сүренлер...
Қарлығашлар ин қурар дәлизиңе,
Қара,
Журтлар Үшинши ренессансты қуражақ!
Сер сал сәл изиңе.
«Жаслар келешек қурыўшысы!»...
Бираз сөйледим оған
Ол да мақуллады сөзимди:
– Қурр-рр, қурр-р-рр...
Аллаяр Дарменов,
27.12.2023.
@Allayar_Darmenov
ҚАТЫНШАЛАР
Алдаса артта қалдырып түлкини,
Мәмелектен алған баста үлгини,
Тек былайша шат арасында "шүмбили",
Қанымды қайнатып тур қатыншалар.
"Кемпир сойыспақ"қа олар өгейли,
Тобығына келмес тасса Кегейли,
Бурында аз еди, ҳәзир көбейди,
Нангөректей нәсиллер қатыншалар.
Бул да бир дәрт, кимселерге жуқпасын,
Бул сырқатқа шатылмағай отбасың,
Киймеген менен қатынлардың юбкасын,
Иштанының ышқыры жоқ қатыншалар.
Шын алдында жасырынған жапалақ,
Гүзе майды ширитетин қумалақ,
Мушың зая, ҳақы тек те шапалақ,
Гүлли геноцид болғыр қатыншалар.
Душпан деген атқа турмас душпанлар,
Өсекқумар, мәртти көрсе иштарлар,
Кемени суў алса қашар тышқанлар,
Тышқанның тезеги дәл қатыншалар.
Аллаяр Дарменов,
16.12.2023.
@Allayar_Darmenov
Биз Бухарадамыз
Мусылман әлеминиң уллы үлкеси Бухара түркий әлеминиң жас, нәўқыран жас дөретиўшилерине өз есиклерин ашты.
Туркия, Әзербайжан, Қырғызстан, Қазақстан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанлы жас шайырлар бирнеше күн даўамында Бухараны поэзия бостанына айландырыўды нийет еткен.
Қарақалпақстанның атынан бул ис мениң шегиме түскен. Көбирек мағлыўматларды https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link инстаграм аккаунтымда берип барып атырман.
@Allayar_Darmenov
Павел ағаның тапқаны
(Бүгин таң азаннан туўылған күниме қутлықлаўлар жаўыла баслады. Аң-таңман. Ақыры, қыста туўылғанман. Кейин билсем Телеграмның өзи мениң туўылған күнимди адамлардың ядына салып атыр екен).
Заман кимниң заманы,
Павел Дуров ағаның.
Сәл әнтеклик болыпты,
Мына алжасық таманың.
Қутлықлаўлар борады,
СМС үйилип барады.
Юморбек ағам сым қағып,
«Қайсы кафе?» деп сорады.
Туўылғаным қыс еди,
(4 күннен айлық түседи),
Жылына еки туўылыў,
Бул да бир бахыт деседи.
Журтқа рахмет әўели,
Тозған шығар кабели,
Алжаспайтын адам жоқ,
Саў болсын бала, Павелиң.
Павел Дуров – Телеграмның тийкаршысы.
Аллаяр Дарменов,
11-апрель, 2024-жыл
@Allayar_Darmenov
«Баспасɵз бозлаўлары» дүркиминен
АЯНЫШ
Аязлы гүз келди самалы ҳүўлеп,
Қуты жоқ қонақтай кетемен демес.
Газета – гɵне Арал турған гүрлеп,
Жағысқа қашан қайтар, ҳешким билмес.
Почташы кәсиптиң тɵмени енди,
Күн бойы великте гәзит тарқатыў…
Журналға жазылыў дегени енди –
«Айлығыңнан қырқаман» деп тил қатыў…
Қысқыға ушырап ҳәзир «Еркин»лер,
«Жаслар»ды оқымас жаслар ҳәзирги.
Телефоннан канал ашып әллекимлер,
Журт пул тɵлемей-ақ оған жазылды.
Қәтеге сүрнигип ҳәрбир сɵзинде,
Қалай да бийпул деп алдайды ɵзин.
«Фром то уз» саў болсын, ең изинде
Қәтеге қәдимгидей үйренер кɵзиң.
«Мәжбүрий жазылдырды» деп дад салып,
Даўласып доқ урар, илажың қанша.
Жасар наўқас үмит «кетер жақсарып»,
Ислейсең соңғы сан гәзит шыққанша.
«Жеткиншек» бармайды мектепке ҳәзир,
Атын да билмейди гәзиттиң бала.
Телефонға үңилип болғанша соқыр,
Қулына айланды гаджеттиң ғана.
Еки «Әмиўдәрья» турар жаўдырап,
Тусаўлы жолбарыстай ɵкирине.
Дым «қатты»лап атыр Баспаɵз бирақ,
Буйыртпа берип қойған кепинине.
Моллаға ақшадан уятлы, әттең,
Тек қарызланбай «ɵлсе» жоқ әрманы.
Гәзитлер гүм, журнал жабылса ертең,
Халықтың да сол күни жоқ болғаны.
Баспасɵз…
Буйырса, жазарман және басқа сɵз…
Аллаяр Дарменов,
27-30-март, 2024-жыл.
@Allayar_Darmenov
Бүгин Нөкис қаласындағы Сәлмен ата қойымшылығына барып шайыр Халмурат Сапаровты зыярат еттик.
Сондай-ақ бул жерде мәңгилик уйқыда жатырған Сәлмен ата, Камал Мәмбетов, Кеңесбай Алламбергенов, Жийенбай Избасқанов ҳәм басқа да марҳум тулғалар ҳаққына да дуўа оқыдық.
Сүўретлерде:
Шептен оңға қарай Аллаяр Дарменов, Атағулла Сәтбаев, Қуўандық Бийсенбаев, Муса Жийенбаев. (Ақ кийимде Азамат Өрекеев)
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
ҚУЯШҚА БАҒЫШЛАЎ
Қол жайып адамзат сыйынып өткен,
Алланың инсанға сыйысаң неткен!
Нур шашып тур ма едиң Адам ата,
Ҳаўа ене қуўылғанда жәннеттен?
Фирғаўынлар тас қалатып қулына,
Қурбанлықлар шалған талай жолыңа.
Қыстан безген байлар бүгин пляжда,
Жатар сени «сатып алып» пулына.
Бар ма екен бул әлемде теңлесиң,
Сан миллиард жыллық нурың сөнбесин.
Тумарислер таўап етип өзиңди,
Қанлы меске тыққан Кирдиң геллесин.
Күндей көзи түспей нур – илҳам, йоштың,
Ярым айлық әрманысаң “ески дос”тың...
Таўдай алтын берип алмасатуғын,
Сен қунлы байлығысаң эскимостың.
Мейли, саратанда ыссы от ессин,
Өзиңсиз аўылда қысым өтпесин,
Антарктиданы дастанып жатырған,
Мәңги музлықларға тисиң өтпесин.
Адамзат озонды жемирип атыр,
Балықлар пластик кемирип атыр,
Күн түспес жүз қабат жайлар ишинде,
Биреўлер өзиңе телмирип жатыр.
Тандыр шөректей шағырайып көкте,
Жер – балаң, биз – ақлық, ақлықты сөкпе,
Түн көрпесин таслап батыўың ҳеш гәп,
Шықпай қалыўыңнан қорқаман тек те.
Аллаяр Дарменов,
11,12-март, 2024-ж.
@Allayar_Darmenov
ЖУМБАҚ ЖАЗАЙЫҚ!
Келиңлер, миллий тағамымыз жүўери гүртикти кишкене балаларымызға да кеңнен таныстырыў мақсетинде олар ушын жумбақлар жазайық.
Жумбақ қысқа, әпиўайы, ядлаў ушын да жеңил болсын. Жуўабы шәртли түрде жүўери гүртик яки соның дөгерегиндеги затлар болсын. Мысалы, түйетаўық, жүўери ун...
Ең жақсы жумбақларды каналымызда авторы менен қоса жәриялаймыз. Олардың да ишиндеги ең жақсысына каналымыз атынан саўға тапсырамыз.
Жумбақларды төмендеги комментария бөлимине яки @merwertbot мәнзилине жиберсеңиз болады.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
***
Хош қал! Билемен, мени жойтасаң,
Кетпектемен бәрине қайыл болып.
Сөзим сөз! Мен, әлбетте, қайтаман,
Шайыр болып.
Талантқа арқа сүйеў болмас енди,
Ат сыншы – мерген, турман тайын болып.
Шешеси туўмаған шығар Пушкинди,
Шайыр қылып.
Аллаяр Дарменов,
21.02.2024.
@Allayar_Darmenov
Жақсылық қыл да...
Ол жән-жағына алаңлап қарады. Ҳешким жоқ екенине исеним пайда еткен соң, көлге қарай жақынлады. Соң томп етип суўға бир нәрсениң түскени еситилди. Сонда мен шыдай алмай бирден түшкирип жибергенимде ол шоршып түсти. Түнде булттың арасынан бирден ай шығып, жүзи ашылып қалған урыдай маған "ҳешкимге айтпайсаң ғо я?" деди. Мен ҳеш нәрсеге түсинбей "нени?" дедим. Ол мениң суўға не нәрсе тасланғанын көрмей қалғанымды билди ме, "әй, ҳеш нәрсе-аў" деди де кетип қалды.
А. Дарменов,
18.02.2024.
@Allayar_Darmenov
#Аудиогүрриң
УМЫТЫЎ
Рахман Абатов оқыды.
Толық тексти 👉 Умытыў
@qara_shanaraq
@Allayar_Darmenov
Заманласларымыз "Әмиўдәрья"ның жаңа санында
Бүгинги күнде қарақалпақстанлы жаслар арасында өз ҳаўазы, өз қәлемине ийе талантлы шайыр Мейрамбек Әбдиқәлиевтиң бирқатар қосықлары "Әмиўдәрья" журналының 2023-жыл, 6-санында жәрияланды.
Арал дәрти, шынлықты жырлаў, гуманистлик идеялар бағытында жазылған басылымдағы қосықларды шайырдың заманласы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Аллаяр Дарменов қарақалпақ тилине аўдарған.
Биз шайырды да, аўдармашыны да бул табысы менен шын жүректен қутлықлаймыз.
@QRJas_doretiwshiler
***
Қара жердиң үстинде қара даўыл,
Танцаға түсер гүўилди сазға.
Муҳаббат аталмыш бул гүрең аўыл,
Танцполға айланып кетеди базда.
Боранда адасып, көзлер байланып,
Табысалмай жүремиз бизлер узақ.
Көплер кетти бул аўылдан бас алып,
Бизлер мәңги қоныс басамыз бирақ.
А. Дарменов,
25.01.2024.
@Allayar_Darmenov
"Гәзитке, журналға мәжбүрий жазылыўдан қутылдық" деген жубанышлы сылтаў менен баспасөзимиздиң тамырына да балта урып атырмыз. Әсиресе, "Жеткиншек"тиң шығыў-шықпаўы гүман астында қалып турғаны ҚОРҚЫНЫШЛЫ.
Баспасөзге баўырман, "Жеткиншек"ке жәрдем керек!
@Allayar_Darmenov
Ассалаўма әлейкум!
Жаңа жылыңыз қутлы болсын!
Жаңа жылда жақсылық, жақсылар жолдасыңыз болсын!
Әдебиятты қоллап-қуўатлаўдан тоқтамағайсыз. Жыл даўамында каналымызды бақлап, гейде марапат, гейде сын пикир билдирип барғаныңыз ушын миннетдарман. Алла буйырса, келеси жылда да сизлерге жаңа шығармалар усынамыз.
Байрамды кеўилли өткериң!
Ҳүрмет пенен, Аллаяр Дарменов!
Ҳәзир Академик Чаржаў Абдировтың туўылғанының 90 жыллығы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Чаржаў Абдиров атындағы Мәденият сарайында болып өтпекте.
Каналымызға ағза болың.
@Charjaw_Abdirov
Байрағымыз қабыл етилген күн қутлы болсын, Ўатанласлар!
АТВ телеканалы, "Лаққылар лигасы" кеўилашар көрсетиўи.
Қосық авторы А. Дарменов.
@Allayar_Darmenov