Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев расмий ташриф доирасида Малайзия Ислом санъати музейига ташриф буюрди.
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев рәсмий сапар шеңберинде Малайзия ислам көркем өнери музейине барды.
#Mirziyoyev #tashrif #Malayziya #muzey
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Малайзия Бош вазири Анвар Иброҳим Стратегик шериклик йўлида икки томонлама ҳамкорликни чуқурлаштириш тўғрисида қўшма баёнот имзоладилар.
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Стратегиялық шериклик жолында еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў ҳаққында қоспа баянатқа қол қойды.
#Mirziyoyev #tashrif #Malayziya #hujjatlar
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ҳүрметли бажыхана хызметкерлери!
Сизлерди 26-январь – «Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз!
Бажыхана хызмети мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының ажыралмас бөлеги, мәмлекеттиң экономикалық қәўипсизлигин беккемлеў, миллий мәплерин қорғаўдың әҳмийетли ҳәм нәтийжели механизми есапланады.
Бүгинги күнде жедел раўажланып атырған сыртқы саўда-экономикалық байланыслар шараятында бажыхана уйымларының орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Сизлердиң машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысларыңызды халқымыз қәдирлейди.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте қутлықлап, Ўатанымыз раўажланыўы, елимиз тынышлығы ҳәм халқымыз абаданлығы жолында алып барып атырған мақтанышлы ҳәм машақатлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!
—
Ҳурматли божхона ходимлари!
Сизни 26 январь - "Давлат божхона хизмати органлари ходимлари куни" муносабати билан самимий муборакбод этамиз!
Божхона хизмати давлатимиз ички ва ташқи сиёсатининг ажралмас қисми, мамлакатимиз иқтисодий хавфсизлигини мустаҳкамлаш, миллий манфаатларини ҳимоя қилишнинг муҳим ва самарали механизми ҳисобланади.
Бугун жадал суръатларда ривожланаётган ташқи савдо иқтисодий алоқалар шароитида божхона органларининг ўрни ва аҳамияти ошиб бормоқда.
Сизнинг машаққатли, шу билан бирга, шарафли хизматингизни халқимиз қадрлайди.
Ҳурматли соҳа ходимлари!
Сизларни бугунги байрам муносабати билан яна бир бор қутлаб, Ватанимиз равнақи, юртимиз тинчлиги ва халқимиз фаравонлиги йўлида амалга ошираётган шарафли ва машаққатли ишларингизда мувафаққиятлар тилаймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Тақыятас районын абаданластырыў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди
—
Тахиатош туманини ободонлаштириш бўйича кенг кўламли ишлар бошлаб юборилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
https://youtu.be/Jw0tzoTf6M4?si=GGdhPin5uvSfeHf6
Читать полностью…Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасы арттырылады
«KfW» банки (Германия Федератив Республикасы) қатнасыўындағы ««Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-18-сан, 22.01.2025) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, «Аралбойы аймағында медициналық хызмет сапасын арттырыў» жойбары бойынша төмендегилер тастыйықланды:
➖ Жойбардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлери;
➖ Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде «KfW» банкиниң қарызларын қайтарыў, қосымша ҳақ ҳәм процент төлеўдиң прогноз кестеси;
➖ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты медициналық шөлкемлери ушын сатып алынған медицианлық әсбаплардың бөлистирилиўи;
➖ Сатып алынған арнаўлы автотранспорт қуралларының аймақлар бойынша бөлистирилиўи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў, грантлардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер әмелге асырыўшы орган есапланады.
—
Оролбўйи минтақасида тиббий хизмат сифати оширилади
“KfW” банки (Германия Федератив Республикаси) иштирокидаги “Оролбўйи минтақасида тиббий хизмат сифатини ошириш” лойиҳасини амалга ошириш чора-тадбирлари тўғрисида»ги Президент қарори (ПҚ-18-сон, 22.01.2025-й.) қабул қилинди.
Қарорга кўра, “Оролбўйи минтақасида тиббий хизмат сифатини ошириш” лойиҳаси бўйича қуйидагилар тасдиқланди:
➖ лойиҳасининг асосий техник-иқтисодий кўрсаткичлари;
➖ лойиҳани амалга ошириш доирасида “KfW” банкининг қарзларини қайтариш, шу жумладан, қўшимча ҳақ ва фоизлар тўлашнинг прогноз жадвали;
➖ Қорақалпоғистон Республикаси ва Хоразм вилояти тиббиёт муассасалари учун харид қилинадиган тиббий жиҳозлар тақсимоти;
➖ харид қилинадиган махсус автотранспорт воситаларининг ҳудудлар бўйича тақсимоти.
Соғлиқни сақлаш вазирлиги Лойиҳани ўз вақтида амалга ошириш ҳамда мувофиқлаштириш, грантлардан мақсадли ва самарали фойдаланиш бўйича масъул ижро этувчи орган ҳисобланади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Тақыятас районын абаданластырыў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районын раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша мәжилис өткерген еди. Мажилисте кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатара ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық оқыў
—
Тахиатош туманини ободонлаштириш бўйича кенг кўламли ишлар бошлаб юборилди
Яқинда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Тахиатош туманини ривожлантириш ва кенг кўламли ободонлаштириш ишларини олиб бориш бўйича мажлис ўтказган эди. Унда камбағалликни қисқартириш, фуқаролар ҳаётида учраётган муаммоларни ҳал этиш, шу билан бирга маҳаллалар инфратузилмасини яхшилаш ва бошқа қатор вазифалар белгилаб олинди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Жорий йилда уй-жой дастурларини молиялаштиришга бюджетдан 15,5 триллион сўм ресурс берилмоқда.
Банклар бунга қўшимча 10 триллион сўм йўналтиришни мақсад қилган. “Ипотека компанияси” ҳам бу мақсадларга 2,3 триллион сўм ресурс йўналтиради.
Мутасаддиларга 2025 йилда камида 70 мингта хонадон учун ипотека кредити тақдим этиш, шундан 30 минги учун кредитни бошланғич бадал учун бюджетдан субсидия тўлаб, даромади юқори бўлмаган оилаларга бериш вазифаси қўйилди.
Соҳада яширин иқтисодиётни янада қисқартириш учун янги уй-жой оладиган фуқароларга ўзи тўлаган маблағининг бир қисмини кэшбек қилиб қайтариш бўйича таклифлар ишлаб чиқиш топширилди.
Йиғилиш давомида мутасаддилар ва ҳудудлар раҳбарларининг ахбороти тингланди.
—
Усы жылы турақ жай бағдарламаларын қаржыландырыўға бюджеттен 15,5 триллион сум ресурс берилмекте.
Банклер оған қосымша 10 триллион сум қаратыўды мақсет еткен. "Ипотека компаниясы" да бул мақсетлерге 2,3 триллион сум ресурс қаратады.
Жуўапкерлерге 2025-жылы кеминде 70 мың шаңарақ ушын ипотека кредитин бериў, соннан 30 мыңы ушын кредитти басланғыш төлем ушын бюджеттен субсидия төлеп, дәраматы жоқары болмаған шаңарақларға бериў ўазыйпасы қойылды.
Тараўда жасырын экономиканы және де қысқартыў ушын жаңа турақ жай алатуғын пуқараларға өзи төлеген қаржының бир бөлегин кешбек етип қайтарыў бойынша усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Мәжилис даўамында жуўапкерлер ҳәм аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.
Facebook|Instagram|X
Жорий йилда 120 минг хонадонли кўп қаватли уйлар қурилиши ҳисоб-китоб қилинган.
Бунга қўшимча 15 минг хонадон Янги Тошкентда барпо қилинади ва бу уйларда “яшил” энергиядан фойдаланилади.
Энергия барқарорлигини таъминлаш учун хусусий шериклик асосида 100 мегаватт-соат сиғимли электр сақлаш қуввати ўрнатилади.
Янги Тошкентдаги уйларни иситиш ва совутиш марказлашган тригенерация тизими орқали бўлади.
Барча бино-иншоотларга юқори энергия самарадорлик талаблари жорий қилинади. Транспорт, ёритиш тизимлари ва зарядлаш станциялари фақат “яшил” талаблар асосида бўлади.
—
Усы жылы 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы есап-санақ етилген.
Оған қосымша 15 мың квартира Жаңа Ташкентте қурылады ҳәм бул турақ жайларда "жасыл" энергиядан пайдаланылады.
Энергия турақлылығын тәмийинлеў ушын жеке шериклик тийкарында 100 мегаватт-саат қуўатлылықтағы электр сақлаў қуўатлылығы орнатылады.
Жаңа Ташкенттеги турақ жайларды ысытыў ҳәм суўытыў орайласқан тригенератция системасы арқалы болады.
Барлық имарат-объектлерге жоқары энергия нәтийжелилиги талаплары енгизиледи. Транспорт, жақтыландырыў системалары ҳәм зарядлаў станциялары тек ғана "жасыл" талаплар тийкарында болады.
Facebook|Instagram|X
Мамлакатимизда аҳолига расмий иш жойи бўлмаса ҳам, даромадини декларация асосида ҳисобга олиб, ипотека кредити олиши учун имконият яратилган.
Лекин ҳозирда хорижга ишлашга кетганларга “Ўзбекистонда расмий даромади йўқ”, деган важ билан кредит ва субсидия берилмаяпти.
Мутасаддиларга хорижда меҳнат қилаётган ва олти ой ичида мунтазам пул ўтказиб келаётган фуқароларимиз даромадини ҳисобга оладиган тизим яратиш топширилди.
—
Мәмлекетимизде халыққа рәсмий жумыс орны болмаса да, дәраматын декларация тийкарында есапқа алып, ипотека кредити алыўы ушын имканият жаратылған.
Бирақ, ҳәзир сырт елге жумыс ислеўге кеткенлерге "Өзбекстанда рәсмий дәраматы жоқ" деген себеп пенен кредит ҳәм субсидия берилмей атыр.
Жуўапкерлерге сырт елде мийнет етип атырған ҳәм алты ай ишинде турақлы пул өткерип киятырған пуқараларымыздың дәраматын есапқа алатуғын система жаратыў тапсырылды.
Facebook|Instagram|X
Мамлакатимизда 2030 йилгача камида 100 та “Янги Ўзбекистон” массивини қуриш режа қилинган.
Янги массивлар учун ерлар камида 70 минг одам яшайдиган туман маркази ёки шаҳар ҳудудига 1-2 километр масофадаги жойдан ажратилади. Бу массивларнинг ҳар бирида 100 минг квадрат метр хонадон қурилади.
Жорий йил “Янги Ўзбекистон” массивлари инфратузилмаси учун 1,2 триллион сўм берилади.
Ҳозир “Янги Ўзбекистон” массиви учун масъул ягона ташкилот бўлмагани учун, ер қаердан ажратилади, инфратузилма қандай бўлади, қаерга дарахт экилади, суғориш ва дренаж тизими қанақа ўтказилади, деган саволларга жавоб йўқлиги кўрсатиб ўтилди.
Шу боис, бу ишларни ташкиллаштириш учун “Ўз уйим” компанияси ташкил қилинади. Ушбу компания “Янги Ўзбекистон” массивларига ер танлаш, лойиҳалаш, қуриш ва эксплуатация қилишга масъул бўлади.
Мутасаддиларга халқаро экспертларни жалб қилиб, келгуси беш йил учун уй-жой сиёсати стратегиясини ишлаб чиқиш топширилди.
—
Мәмлекетимизде 2030-жылға шекем кеминде 100 "Жаңа Өзбекстан" массивин қурыў режелестирилген.
Жаңа массивлер ушын жерлер кеминде 70 мың адам жасайтуғын район орайы ямаса қала аймағына 1-2 километр аралықтағы жерден ажыратылады. Бул массивлердиң ҳәр биринде 100 мың квадрат метр турақ жай қурылады.
Усы жылы "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң инфраструктурасы ушын 1,2 триллион сум бериледи.
Ҳәзир "Жаңа Өзбекстан" массивине жуўапкер бирден-бир шөлкем болмағаны ушын, жер қай жерден ажыратылады, инфраструктура қандай болады, қай жерге терек егиледи, суўғарыў ҳәм дренаж системасы қалай өткериледи, деген сораўларға жуўап жоқ екенлиги көрсетип өтилди.
Сонлықтан, бул жумысларды шөлкемлестириў ушын "Өз үйим" компаниясы шөлкемлестириледи. Бул компания "Жаңа Өзбекстан" массивлерине жер таңлаў, жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациялаўға жуўапкер болады.
Жуўапкерлерге халықаралық экспертлерди тартып, келеси бес жыл ушын турақ жай сиясаты стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.
Facebook|Instagram|X
“Янги Ўзбекистон” массивларини қуриш бўйича мутлақо янги тизим йўлга қўйилиши таъкидланди.
Энди “Янги Ўзбекистон” массивига берилган ер бўйича лойиҳалашни 2 ойдан, қурилишни бошлашни 3 ойдан оширишга йўл қўйилмайди. Бу талаб бузилса, ер қайтариб олиниб, қайта аукционга чиқарилади.
Лойиҳа экспертизасини ўн беш кундан ўтказиб юборган ташкилотларнинг лицензияси тўхтатиб қўйилади.
Қурилишда “эскроу” тизими жорий қилинмоқда. Бу тизим девелоперларга ҳозиргидан пастроқ ставкада маблағ жалб қилиш имконини беради. Муҳими, девелоперларни молиялаштириш уй қуриш билан бирга бошланади ва давом этади.
Фуқаролар эса қурилиш бошидан ипотека ва субсидия олиш ҳамда уй битмасдан туриб ҳам бошқа одамга сотиш имконига эга бўлади. Бу билан уй сотиб олувчилар кафолатли ҳимояланади.
—
"Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыў бойынша пүткиллей жаңа система жолға қойылатуғыны атап өтилди.
Енди "Жаңа Өзбекстан" массивине берилген жер бойынша жойбарлаўды 2 айдан, қурылысты баслаўды 3 айдан асырыўға жол қойылмайды. Бул талап бузылса, жер қайтарып алынып, қайта аукционға шығарылады.
Жойбар экспертизасын он бес күннен өткерген мәкемелердиң лицензиясы тоқтатып турылады.
Қурылыста "ескроу" системасы енгизилмекте. Бул система девелоперлерге ҳәзиргиден төмен ставкада қаржы тартыў имканиятын береди. Әҳмийетлиси, девелоперлерди қаржыландырыў турақ жай қурыў менен бирге басланады ҳәм даўам етеди.
Пуқаралар болса қурылыс басынан ипотека ҳәм субсидия алыў және турақ жайды питпестен басқа адамға сатыў имканиятына ийе болады. Бул арқалы турақ жай сатып алыўшылар кепилликли қорғалады.
Facebook|Instagram|X
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида ипотека дастури доирасида 2024 йилда амалга оширилган ишлар ва 2025 йил учун режалар муҳокамаси юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.
—
Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ипотека бағдарламасы шеңберинде 2024-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын режелер додаланыўы бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.
Facebook|Instagram|X
Республика исши топары тәрепинен Қанлыкөл районында көшпели қабыллаў өткерилди
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық исши топар тәрепинен Қанлыкөл районында Мойнақ, Қоңырат, Қанлыкөл, Шоманай ҳәм Хожели районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлар ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты.
Толық оқыў
—
Республика ишчи гуруҳ томонидан Қонликўл туманида сайёр қабул ўтказилди
Хурматли Президентимиз топшириғи билан Қорақалпоғистон Республикасида фуқароларнинг муаммоларини ўрганиш ва ечимини топиш бўйича тузилган республика ишчи гуруҳи томонидан Қонликўл туманида Мўйноқ, Қўнғирот, Қонликўл, Шуманай ва Хўжайли туманларидан келган фуқаролар учун мурожаатлар ва аҳолини қийнаб келаётган муаммоларга ечим топиш бўйича сайёр қабул ўтказилди.
Унда Ўзбекистон Республикаси Олий суди, Бош прокуратураси, Ички ишлар вазирлиги, Адлия вазирлиги, Соғлиқни сақлаш вазирлиги, Қурилиш ва уй-жой коммунал хўжалиги вазирлиги, Марказий банк, Божхона бошқармаси, Солиқ қўмитаси, Кадастр агентлиги ва бошқа идоралар раҳбарлари иштирок этди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Тайынлаў
Хожаназаров Ильяс Мухаммедович ― Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.
И.Хожаназаров усы күнге шекем экономика тармақларында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.
―
Тайинлов
Хожаназаров Ильяс Мухаммедович ― Қорақалпоғистон Республикаси Маданият вазири ўринбосари лавозимига тайинланди.
И.Хожаназаров тайинловга қадар иқтисодиёт тармоқларида қатор маъсулиятли лавозимларда фаолият юритган.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Олий даражадаги музокаралардан сўнг ҳужжатларни имзолаш маросими бўлди
—
Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон ва Малайзия етакчиларининг музокаралари бўлиб ўтди
—
Өзбекстан ҳәм Малайзия жетекшилериниң сөйлесиўлери болып өтти
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ҳаял қызлар форумы өткерилди
Бүгин Нөкис қаласында жайласқан "Аққуў" комплексинде «Арзыўдан табысқа шекем…» сүрени астында Ҳаял қызлар форумының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.
Толық оқыў
—
Хотин-қизлар форуми ўтказилди
Бугун Нукус шаҳрида жойлашган "Оққуш" мажмуасида "Орзудан муваффақиятгача..." шиори остида Хотин-қизлар форумининг тантанали очилиш маросими бўлиб ўтди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
https://youtu.be/zuqEO3akJ2s?si=G_QS4GDb1eXo6amI
Читать полностью…Беруний районындағы 6-санлы мектептиң қосымша жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды
Соңғы жылларда барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип, балалардың сапалы билим ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Беруний районындағы 6-санлы мектептиң 480 орынлы жаңа имаратын қурыў ушын Президентимиздиң 404-санлы қарары тийкарында 6,2 млрд. сум қаржы ажыратылып, режедеги жумыслар толық орынланды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, жаңа имарат аймақ балаларының сапалы билим алыўы ушын узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
—
Беруний туманидаги 6-сонли мактабнинг қўшимча янги биноси фойдаланишга топширилди
Сўнгги йилларда барча соҳалар қатори таълим соҳасига ҳам алоҳида эътибор қаратилиб, бу борада кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда. Таълим муассасаларининг моддий-техник базаси мустаҳкамланиб, болаларнинг сифатли таълим олиши учун қулай шароитлар яратилмоқда.
Беруний туманидаги 6-мактабнинг 480 ўринли янги биносини қуриш учун Президентимизнинг 404-сон қарори асосида 6,2 миллиард сўм маблағ ажратилиб, режалаштирилган ишлар тўлиқ бажарилди ва фойдаланишга топширилди.
Албатта, янги бино ҳудуд болаларининг сифатли таълим олиши учун узоқ йиллар давомида хизмат қилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Республика исши топары тәрепинен Нөкис қаласында көшпели қабыллаў өткерилди
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық исши топар тәрепинен Нөкис қаласы, Нөкис ҳәм Тақыятас районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлар ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қурылыс ҳәм үй жай коммунал хожалығы министрлиги, Орайлық банк, Бажыхана басқармасы, Салық комитети, Кадастр агентлиги ҳәм басқа да мәкемелердиң басшылары қатнасты.
Өткерилген қабыллаўда суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлар, медициналық жәрдемлер көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Билдирилген мүрәжатларға орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғынлары қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли илажлар көриў белгиленди.
—
Республика ишчи гуруҳ томонидан Нукус шаҳрида сайёр қабул ўтказилди
Хурматли Президентимиз топшириғи билан Қорақалпоғистон Республикасида фуқароларнинг муаммоларини ўрганиш ва ечимини топиш бўйича тузилган республика ишчи гуруҳи томонидан Нукус шаҳри, Нукус ва Тахиатош туманларидан келган фуқаролар учун мурожаатлар ва аҳолини қийнаб келаётган муаммоларга ечим топиш бўйича сайёр қабул ўтказилди.
Унда Ўзбекистон Республикаси Олий суди, Бош прокуратураси, Ички ишлар вазирлиги, Адлия вазирлиги, Соғлиқни сақлаш вазирлиги, Қурилиш ва уй-жой коммунал хўжалиги вазирлиги, Марказий банк, Божхона бошқармаси, Солиқ қўмитаси, Кадастр агентлиги ва бошқа идоралар раҳбарлари иштирок этди.
Ўтказилган қабулда суд-ҳуқуқ тизимига оид мурожаатлар, тиббий ёрдам кўрсатиш, ижтимоий қўллаб-қувватлаш, таълим, бандлик, маҳаллалардаги инфратузилма, банк кредитлари ва бошқа бир қатор масалалар юзасидан мурожаатлар билдирилди. Билдирилган мурожаатларга жойида ечим топиш чоралари кўрилди. Вақт талаб этиладиганлари назоратга олиниб, тез фурсатда ижобий ҳал этиш бўйича тегишли чоралар кўриш белгиланди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Республика исши топары тәрепинен Шымбай районында көшпели қабыллаў өткерилди
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық исши топар тәрепинен Шымбай районында Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлар ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Толық оқыў
—
Республика ишчи гуруҳ томонидан Чимбой туманида сайёр қабул ўтказилди
Хурматли Президентимиз топшириғи билан Қорақалпоғистон Республикасида фуқароларнинг муаммоларини ўрганиш ва ечимини топиш бўйича тузилган республика ишчи гуруҳи томонидан Чимбой туманида Тахтакўпир, Қораўзак, Чимбой, Кегейли ва Бўзатов туманларидан келган фуқаролар учун мурожаатлар ва аҳолини қийнаб келаётган муаммоларга ечим топиш бўйича сайёр қабул ўтказилди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Уй-жой қуришда асосий эътиборни эскирган уйлар ўрнида реновация асосида замонавий кўп қаватли уйларни кўпайтиришга қаратиш зарурлиги таъкидланди.
Реновация ҳисобига ердан фойдаланиш самарадорлиги 4-5 карра ошади, коммуникация харажати 2 карра камаяди.
Асосийси, бу орқали шу ҳудуддаги одамларнинг дунёқараши ўзгаради, турмуш тарзи тубдан яхшиланади, савдо-сервис, иш ўрни кўпайиб, иқтисодиёт ривожланади.
Бу борада Жиззах, Марғилон, Қўқон, Шаҳрисабз, Қарши шаҳарлари, Дўстлик ва пойтахт туманларида ишлар яхши бошлангани қайд этилди. Уларнинг тажрибасини барча ҳудудда оммалаштириш кераклиги, авария ҳолатидаги эскирган уйларда яшаётган одамлар буни кутаётгани кўрсатиб ўтилди.
Реновация асосида бу йил 20 минг хонадон қурилишини ташкил қилиш зарурлиги қайд этилди.
—
Турақ жай қурыўда тийкарғы итибарды ески турақ жайлардың орнына реновация тийкарында заманагөй көп қабатлы турақ жайларды көбейтиўге қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Реновация есабынан жерден пайдаланыў нәтийжелилиги 4-5 есеге артады, коммуникация қәрежети 2 есеге азаяды.
Тийкарғысы, бул арқалы усы аймақтағы адамлардың дүняқарасы өзгереди, турмыс тәризи түп-тийкарынан жақсыланады, саўда-хызмет, жумыс орны көбейип, экономика раўажланады.
Бул бағдарда Жиззақ, Марғулан, Қоқанд, Шаҳрисабз, Қаршы қалалары, Дослық ҳәм пайтахт районларында жумыслар жақсы басланғаны атап өтилди. Олардың тәжирийбесин барлық аймақта ғалаба ен жайдырыў керек екенлиги, авария жағдайындағы ескирген турақ жайларда жасап атырған адамлар буны күткени көрсетип өтилди.
Реновация тийкарында быйыл 20 мың квартира қурылысын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Facebook|Instagram|X
Охирги уч йилда жисмоний шахслар кўп қаватли уй қуриш учун аукциондан 47 гектар ер сотиб олган, лекин аксариятида қурилиш бошланмаган.
Қурилишга салоҳиятли девелоперларни жалб қилиш мақсадида бундан буён кўп қаватли уй қуриш учун ерлар аукционда фақат ҚҚС тўловчи юридик шахсларга сотилиши белгиланди.
Ҳозирда 14 минг 775 та кўп қаватли уйларга туташ ер мулкдорга бириктирилмагани учун бошқарув-сервис компанияси хизмат кўрсатиши керак бўлган ҳудудлар чегараси аниқ эмас.
Мутасаддиларга бу уйларга туташ ерлар чегарасини белгилаш ва эгасига бириктириш топширилди.
Девелоперлар уйни топширишдан олдин сервис компаниялари билан шартнома тузишини, уларни ўқитишни ташкил этишини, қурилиш харажатларининг 2 фоизини уй атрофида яшил ҳудуд яратишга йўналтиришини қонун билан мустаҳкамлаш зарурлиги таъкидланди.
—
Кейинги үш жылда физикалық шахслар көп қабатлы турақ жай қурыў ушын аукциондан 47 гектар жер сатып алған, бирақ, көпшилигинде қурылыс басланбаған.
Қурылысқа потенциаллы девелоперлерди тартыў мақсетинде буннан былай көп қабатлы турақ жай қурыў ушын жерлер аукционда тек ғана ҚҚС төлейтуғын юридикалық тәреплерге сатылатуғыны белгиленди.
Ҳәзирги ўақытта 14 мың 775 көп қабатлы турақ жайларға тутас жер мүлк ийесине бириктирилмегени ушын басқарыў-сервис компаниясы хызмет көрсетиўи керек болған аймақлардың шегарасы анық емес.
Жуўапкерлерге бул турақ жайларға тутас жерлердиң шегарасын белгилеў ҳәм ийесине бириктириў тапсырылды.
Девелоперлер үйди тапсырыўдан алдын сервис компаниялары менен шәртнама дүзиўин, оларды оқытыўды шөлкемлестириўин, қурылыс қәрежетлериниң 2 процентин турақ жай әтирапында жасыл аймақ жаратыўға бағдарлаўын нызам менен беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Facebook|Instagram|X
Ўтказилган мулоқотларда девелоперларнинг кўпчилиги ер олиш, кредит, қурилишга рухсат, инфратузилма, фойдаланишга топшириш, уйларни сотиш билан боғлиқ масалаларни кўтарган.
Мисол учун, ўтган йили 5 минг хонадонли 150 та кўп қаватли уй айланма маблағ етмагани учун битмай қолган. Бу борада банкларнинг хориждан жалб қилинган маблағдан 310 миллион долларни қурувчиларга айланма учун бериш таклифи маъқулланди.
18 минг хонадон газда индивидуал иситиладиган қилиб қурилгани учун фойдаланишга қабул қилинмай турибди. Мутасаддиларга ишчи гуруҳи тузиб, ҳар бир ҳолатни ўрганиб, масаланинг ечими бўйича Ҳукуматга таклиф киритиш топширилди.
Бу йил 135 минг хонадонли кўп қаватли уйларни марказлашган ҳолда иситиладиган, овқат пишириш эса электр плитаси орқали бўладиган қилиб қуриш зарурлиги қайд этилди.
Марказий ва ички кўчаларни ёритишда исрофгарчиликни қисқартириш бўйича дастур ишлаб чиқиш топширилди.
Ҳудудларда лифтларни қабул қилиш 2-3 ойга чўзилаётгани сабабли ҳар бир вилоятда камида 2 тадан бригада ташкил қилиш, 20 нафардан аҳолини лифтларга хизмат кўрсатиш ва таъмирлашга ўқитиш вазифаси қўйилди.
—
Өткерилген сөйлесиўлерде девелоперлердиң көпшилиги жер алыў, кредит, қурылысқа руқсат, инфраструктура, пайдаланыўға тапсырыў, турақ жайларды сатыўға байланыслы мәселелерди көтерди.
Мысал ушын, өткен жылы 5 мың квартиралы 150 көп қабатлы турақ жай айланба қаржы жетпегени ушын питпей қалған. Бул бағдарда банклердиң сырт елден тартылған қаржыдан 310 миллион долларды қурылысшыларға айланба ушын бериў усынысы мақулланды.
18 мың квартира газде жеке ысытылатуғын етип қурылғаны ушын пайдаланыўға қабыл етилмей тур. Жуўапкерлерге исши топар дүзип, ҳәр бир жағдайды үйренип, мәселениң шешими бойынша Ҳүкиметке усыныс киргизиў тапсырылды.
Быйыл 135 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайларды орайласқан түрде ысытылатуғын, аўқат писириў болса электр плита арқалы болатуғын етип қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Орайлық ҳәм ишки көшелерди жақтыландырыўда ысырапгершиликти қысқартыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.
Аймақларда лифтлерди қабыл етиў 2-3 айға созылып атырғаны себепли ҳәр бир ўәлаятта кеминде 2 ден бригада шөлкемлестириў, 20 адамнан халықты лифтлерге хызмет көрсетиў ҳәм оңлаўға оқытыў ўазыйпасы қойылды.
Facebook|Instagram|X
Йиғилишда таъкидланганидек, девелоперлар томонидан объектнинг 50 фоизи қурилганда, фуқаролар кредит ва субсидия олиши мумкин бўлади. Ушбу тартиб нафақат имтиёзли, балки тижорат ипотекаси учун ҳам татбиқ этилади.
Қурувчи ташкилотлар қурилишни бошлаганидан якунлагунича, лекин кўпи билан 12 ой давомида ер солиғи тўлашдан озод қилинади. Объект муддатида топширилмаса, девелопер ер солиғини 2 карра миқдорда тўлайди.
“Янги Ўзбекистон” массиви учун берилган ерларнинг 10 фоизи девелоперларга тижорат биноларини қуриши учун ягона лот сифатида савдога чиқарилади.
Бу уйларни пастки қаватида хусусий боғча ташкил қилишга рухсат берилиши, улар мулк солиғидан ҳам озод қилиниши таъкидланди.
Ҳокимларга бу массивларга кўчиб келадиган аҳолининг талабини ҳисобга олиб пастки қаватларда боғча ташкил қилишни бошлаш топширилди.
—
Мәжилисте атап өтилгениндей, девелоперлер тәрепинен объекттиң 50 проценти қурылғанда, пуқаралар кредит ҳәм субсидия алыўы мүмкин болады. Бул тәртип тек ғана жеңилликли емес, ал коммерциялық ипотека ушын да қолланылады.
Қурылысшы шөлкемлер қурылысты баслағанынан баслап жуўмақлап болғанша, бирақ, көби менен 12 ай даўамында жер салығын төлеўден азат етиледи. Объект мүддетинде тапсырылмаса, девелопер жер салығын 2 есе муғдарында төлейди.
"Жаңа Өзбекстан" массиви ушын берилген жерлердиң 10 проценти девелоперлерге коммерциялық имаратларды қурыўы ушын бирден-бир лот сыпатында саўдаға шығарылады.
Бул жайлардың төменги қабатында жеке меншик бақша шөлкемлестириўге рухсат берилетуғыны, олар мүлк салығынан да азат етилетуғыны атап өтилди.
Ҳәкимлерге бул массивлерге көшип келетуғын халықтың талабын есапқа алып, төменги қабатларда бақша шөлкемлестириўди баслаў тапсырылды.
Facebook|Instagram|X
Президент раислигида видеоселектор йиғилиши бошланди.
Ўтган йилнинг ўзида 100 мингдан зиёд хонадонга эга 2 минг 44 та кўп қаватли уй барпо этилди. Жон бошига уй-жой ҳажми 19 квадрат метрдан ошди (2020 йилда 16 квадрат метр бўлган).
Умуман, 2024 йили юртимизда 21,4 миллион квадрат метр турар жой ва 19,1 миллион квадрат метр нотурар объектлар, жами 40,5 миллион квадрат метр бино-иншоот қурилди.
Ўтган йилда қурилган 100 минг хонадон ҳисобига пудратчилар, бошқарув ва сервис, қурилиш материаллари, транспорт каби соҳаларда 350 минг одам ишли бўлди. Мебель, электротехника, тўқимачилик, қурилиш материаллари соҳаларида қўшимча 11 триллион сўмлик бозор пайдо бўлди.
Қурилишни рағбатлантириш учун 2024 йилда 17 триллион сўм ипотека кредити ажратилди, қурувчи ва девелоперларга айланма учун жами 3 триллион сўм маблағ берилди.
Шу боис давлатимиз раҳбари ҳокимлар уй-жой қурилишига фақат ижтимоий ёки қурилиш масаласи деб эмас, балки ҳудудини иқтисодий ривожланишида асосий “драйвер” сифатида қараши зарурлигини таъкидлади.
—
Президенттиң басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.
Өткен жылдың өзинде 100 мыңнан аслам шаңараққа ийе 2 мың 44 көп қабатлы турақ жай қурылды. Жан басына турақ жайдың көлеми 19 квадрат метрден асты (2020-жылы 16 квадрат метр болған).
Улыўма, 2024-жылы елимизде 21,4 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм 19,1 миллион квадрат метр турақ жай емес объектлер, жәми 40,5 миллион квадрат метр имарат-объектлер қурылды.
Өткен жылы қурылған 100 мың үй есабынан жумысты бөлип алып ислеўшилер, басқарыў ҳәм сервис, қурылыс материаллары, транспорт сыяқлы тараўларда 350 мың адам жумыслы болды. Мебель, электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары тараўларында қосымша 11 триллион сумлық базар пайда болды.
Қурылысты хошаметлеў ушын 2024-жылы 17 триллион сум ипотека кредити ажыратылды, қурылысшы ҳәм девелоперлерге айланба ушын жәми 3 триллион сум қаржы берилди.
Соның ушын мәмлекетимиз басшысы ҳәкимлер турақ жай қурылысына тек ғана социаллық ямаса қурылыс мәселеси сыпатында емес, ал аймағын экономикалық раўажландырыўда тийкарғы "драйвер" сыпатында қараўы зәрүрлигин атап өтти.
Facebook|Instagram|X
Төрткүл районы «Өзбекстан» мәҳәллесиндеги мектеп имараты жаңа көриниске ийе болды
Президентимиздиң 404-санлы қарары тийкарында «Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў» бағдарламасы ислеп шығылған болып, усы тийкарда республикамыздағы бир қатар социаллық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўы белгиленген еди.
Төрткүл районы «Өзбекстан» АПЖ аймағындағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебинде 2,7 млрд. сўм қаржы есабынан реконструкция жумыслары алып барылды.
—
Тўрткўл тумани «Ўзбекистон» маҳалласидаги мактаб биноси янги қиёфа касб этди
Президентимизнинг 404-сонли қарори асосида “Ижтимоий ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш” дастури ишлаб чиқилган бўлиб, шу асосда республикамиздаги бир қатор ижтимоий объектларда қурилиш-таъмирлаш ишлари олиб борилиши белгиланган эди.
Тўрткўл тумани «Ўзбекистон» ОФЙ ҳудудидаги 33-сонли умумтаълим мактабида 2,7 млрд. сўм маблағ асосида реконструкция ишлари олиб борилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў мәселелери талқыланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Әмиўдәрья районын комплекс раўажландырыў бағдарындағы режелерге арналған мәжилис болып өтти.
Онда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти еле де раўажландырыў, районды «Кәмбағаллықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.
Мәжилисте районда өткен жыллар даўамында әмелге асырылған қурылыс, абаданластырыў жумыслары, аймаққа инвестицияларды тартыў, санаат, экспортты буннан былай да раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар талқыланды.
Сондай-ақ, көп жыллар даўамында халықты қыйнап келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў, аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Буның ушын барлық мүмкиншиликлер бар екенлиги, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен тийисли қаржылар да ажыратылғаны, ең баслысы, бул жумысларды аўызбиршилик ҳәм шөлкемлескенлик пенен алып барыў арқалы пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге ерисилетуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.
—
Амударё туманини комплекс ривожлантириш масалалари муҳокама қилинди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раислигида Амударё туманини комплекс ривожлантириш борасидаги режаларга бағишланган мажлис бўлиб ўтди.
Унда туманни ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, аҳоли кайфиятига таъсир этаётган маҳаллалардаги инфратузилма, ижтимоий ва бошқа муаммоларга ечим топиш, тадбиркорликни янада ривожлантириш, туманни "Камбағалликдан холи ҳудуд"га айлантириш каби долзарб масалалар ҳақида сўз юритилди.
Мажлисда туманда ўтган йиллар давомида амалга оширилган қурилиш, ободонлаштириш ишлари, ҳудудга инвестицияларни жалб этиш, саноат, экспортни янада ривожлантириш борасида амалга оширилган ишлар муҳокама қилинди.
Шунингдек, кўп йиллар давомида аҳолини қийнаб келган муаммоли масалаларни ижобий ҳал этиш, оғир шароитдаги маҳаллаларни обод қилиш борасида амалга оширилиши лозим бўлган устувор вазифалар белгиланди. Бунинг учун барча имкониятлар мавжудлиги, ҳурматли Президентимизнинг алоҳида эътибори билан тегишли маблағлар ҳам ажратилгани, энг муҳими, бу ишларни оғизбирчилик ва уюшқоқлик билан олиб бориш орқали фуқароларнинг фаровон ҳаётини таъминлашга эришилиши Жўқорғи Кенгес Раиси томонидан алоҳида таъкидланди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары Президентимизге таныстырылды
Президент Шавкат Мирзиёев жоқары билимлендириў ҳәм илим-пән тараўындағы тийкарғы ўазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты
45 билимлендириў бағдарламалары халықаралық аккредитациядан өткериледи. Жоқары оқыў орынларында Регистратор офисиниң хызметлери менен студентлер толық қамтып алынады. Дуал билимлендириўге және 50 мың студент тартылады.
Жоқары билимлендириўде илимий потенциалды 55 процентке жеткериў, сырт елде 5 мың педагогтың маманлығын арттырыў режелестирилген. Алдынғы инженерлик мектеплерин 25 ке жеткерип, санаат кәрханалары менен жойбарлардың баҳасын 10 есеге арттырыў мақсет етилген.
Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары Президентимизге таныстырылды. Оған муўапық, жаңа бағдарлар ашылып, сырт ел бағдарламалары енгизиледи, студентлердиң илимий-инновациялық процесслердеги қатнасы кеңейтиледи, жоқары оқыў орынларына санаат шериклери бириктириледи.
Улыўма, бул бағдардағы 35 мәкемени үлкейтиў есабынан, 22 техника университети шөлкемлестириледи. Усы жылдың ақырына шекем және 17 инженерлик мектеби ашылады.
—
Нукус, Бухоро, Фарғона ва Наманган техника университетларини ташкил этиш лойиҳалари Президентимизга тақдимот қилинди
Президент Шавкат Мирзиёев олий таълим ва илм-фан соҳасидаги устувор вазифаларга оид тақдимот билан танишди.
45 та таълим дастурлари халқаро аккредитациядан ўтказилади. Олийгоҳларда Регистратор офиси хизматлари билан талабалар тўлиқ қамраб олинади. Дуал таълимга яна 50 минг талаба жалб қилинади.
Олий таълимда илмий салоҳиятни 55 фоизга чиқариш, хорижда 5 минг нафар педагог малакасини ошириш режалаштирилган. Илғор муҳандислик мактабларини 25 тага етказиб, саноат корхоналари билан лойиҳалар қийматини 10 баробар ошириш мақсад қилинган.
Нукус, Бухоро, Фарғона ва Наманган техника университетларини ташкил этиш лойиҳалари Президентимизга тақдимот қилинди. Унга кўра, янги йўналишлар очилиб, хорижий дастурлар татбиқ қилинади, талабаларнинг илмий-инновацион жараёнларда иштироки кенгайтирилади, олийгоҳларга саноат ҳамкорлари бириктирилади.
Умуман, бу йўналишдаги 35 та муассасани йириклаштириш ҳисобига, 22 та техника университети ташкил қилинади. Шу йил охиригача яна 17 та муҳандислик мактаби очилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube