joqargikenes | Unsorted

Telegram-канал joqargikenes - Joqarǵı keńes.uz

40838

Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Subscribe to a channel

Joqarǵı keńes.uz

Нөкис районында инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасын орнатыў жойбары әмелге асырылды

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы тийкарында Япония ҳүкимети тәрепинен Нөкис районы аймағындағы Қарақалпақстан майыпларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына «Johkasou» атлы инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасы орнатылды.

Бул технологияны орнатыўдан мақсет турмыслық ақаба суўларды тазалап, техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде қайта пайдаланыў, экосистеманы беккемлеў болып есапланады.

Улыўма баҳасы 40 мың доллар болған жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде суў арқалы жуғатуғын кеселликлерди азайтыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм саламат орталықты тәмийинлеў илажларын кеңейтиў имканияты жаратылды.

Қуўатлылығы 20 м3/сутка болған жаңа «Johkasou» системасы ақаба суўларды микроорганизмлер жәрдеминде техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде қайта пайдаланыў ушын жарамлы болған техникалық суўға айландырады.

Нукус туманида инновацион япон оқова сувларини тозалаш тизимини ўрнатиш лойиҳаси амалга оширилди

Бирлашган Миллатлар Ташкилотининг Тараққиёт дастури асосида Япония ҳукумати томонидан Нукус тумани ҳудудидаги Қорақалпоғистон Республикаси ногиронларни реабилитация қилиш ва протезлаш марказига «Johkasou» номли инновацион япон оқова сувларини тозалаш тизими ўрнатилди.

Ушбу технологияни ўрнатишдан мақсад маиший оқова сувларни тозалаб, техник ва хўжалик мақсадларида қайта фойдаланиш, экотизимни мустаҳкамлашдир.

Умумий қиймати 40 минг доллар бўлган лойиҳа амалга оширилиши натижасида сув орқали юқадиган касалликларни камайтириш, санитария ҳолатини яхшилаш ва соғлом муҳитни таъминлаш чораларини кенгайтириш имконияти яратилди.

Қуввати 20 м3/сутка бўлган янги «Johkasou» тизими оқова сувларни микроорганизмлар ёрдамида техник ва хўжалик мақсадларида қайта фойдаланиш учун яроқли бўлган техник сувга айлантиради.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тахтакөпир районында улыўмалық баҳасы 25,4 млн АҚШ доллары болған жаңа инвестиция жойбары иске түседи

Бүгинги күнде Республикамыздың дерлик бәрше аймақларында тоқымашылық ҳәм трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўдың жаңа қуўатлары жаратылмақта.

Бүгин Тахтакөпир районындағы «А.Адилов» АПЖ аймағында «Taxtakopir Gold Tekstil Mahsulotlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыўы режелестирилген тоқымашылық жойбарының салтанатлы түрде ирге тасы қойылды.

Онда район ҳәкими Ж.Адилов, нуранийлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жойбарды әмелге асырып атырған кәрхана басшылары қатнасты. Иләжда сөзге шыққанлар, жойбардың әҳмийети, оның район экономикасы ҳәм халықтың абаданлығына қосатуғын үлеси ҳаққында атап өтти.

Президентимиздиң 2023-жыл 8-августь күнги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша ис-иләжлары ҳаққында»ғы 129-санлы пәрманына тийкар бул инвестициялық жойбар ушын 4,5 гектар жер майданы ажыратылды.

Улыўма баҳасы 25,4 млн АҚШ доллары болған жойбарға муўапық, кәрхана тәрепинен жылына 5 мың тонна жип ийирип шығарылып, жылына 11,1 млрд. сум муғдарында таяр өним ислеп шығарыў режелестирилген. Толық иске түсиўи нәтийжесинде 257 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Тахтакўпир туманида умумий қиймати 25,4 млн. АҚШ доллари бўлган янги инвестиция лойиҳаси ишга тушади

Бугунги кунда республикамизнинг барча ҳудудларида тўқимачилик ва трикотаж маҳсулотларини ишлаб чиқаришнинг янги қувватлари яратилмоқда.

Бугун Тахтакўпир туманидаги «А.Адилов» ОФЙ ҳудудида «Taxtakopir Gold Tekstil Mahsulotlari» масъулияти чекланган жамияти томонидан қурилиши режалаштирилган тўқимачилик лойиҳасининг тантанали равишда тамал тоши қўйилди.

Унда туман ҳокими Ж.Адилов, нуронийлар, кенг жамоатчилик вакиллари ва лойиҳани амалга ошираётган корхона раҳбарлари иштирок этди. Тадбирда сўзга чиққанлар, лойиҳанинг аҳамияти, унинг туман иқтисодиёти ва аҳоли фаровонлигига қўшадиган ҳиссаси ҳақида айтиб ўтди.

Президентимизнинг 2023 йил 8 август кунги «Қорақалпоғистон Республикасида тадбиркорларга қулай шароитлар яратишга оид қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида»ги 129-сонли фармонига асосан ушбу инвестиция лойиҳаси учун 4,5 гектар ер майдони ажратилди.

Умумий қиймати 25,4 млн. АҚШ доллари бўлган лойиҳага мувофиқ, корхона томонидан йилига 5 минг тонна ип ишлаб чиқарилиб, йилига 11,1 млрд. сўмлик тайёр маҳсулот ишлаб чиқариш режалаштирилган. Тўлиқ ишга тушиши натижасида 257 та янги иш ўринлари яратилади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Йиғилишда 3-4 та идора мисолида айтилган танқидлар бошқа вазирлик ва тармоқларга ҳам тегишли экани қайд этилди.

Экология, Қишлоқ хўжалиги, Қурилиш, Энергетика, Олий таълим вазирликлари, Кадастр агентлиги, Автойўллар қўмитаси, Саноат хавфсизлиги қўмитаси, Қурилиш инспекцияси тизимида ҳам бюрократия ҳалигача юқорилиги кўрсатиб ўтилди.

Ушбу вазирлик ва идоралар раҳбарларига бугунги йиғилишдан хулоса чиқариб, аҳоли ва тадбиркорларга хизматларни енгиллаштириш топширилди.

Умуман, барча даражадаги раҳбарлар олдига ишлаб чиқарувчи ва экспортчилар билан доимий мулоқотда бўлиш вазифаси қўйилди.

Йиғилиш давомида ҳудуд ва тармоқлар раҳбарларининг ҳисоботлари, тадбиркорларнинг фикр-мулоҳазалари тингланди.

Мәжилисте 3-4 уйым мысалында айтылған сынлар басқа министрликлер ҳәм тармақларға да тийисли екени атап өтилди.

Экология, Аўыл хожалығы, Қурылыс, Энергетика, Жоқары билимлендириў министрликлери, Кадастр агентлиги, Автожоллар комитети, Санаат қәўипсизлиги комитети, Қурылыс инспекциясы системасында да бюрократия елеге шекем жоқарылығы көрсетип өтилди.

Бул министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына бүгинги мәжилистен жуўмақ шығарып, халық ҳәм исбилерменлерге хызметлерди жеңиллетиў тапсырылды.

Улыўма, барлық дәрежедеги басшылар алдына ислеп шығарыўшы ҳәм экспортёрлар менен турақлы байланыста болыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилис даўамында аймақ ҳәм тармақлар басшыларының есабатлары, исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президентимиз тадбиркорларни ўйлантираётган яна бир масалага тўхталди.

Жойларда ер солиғи ва ижара тўловларига оширувчи коэффициент белгилаётганда унинг бизнесга таъсирини ўрганиш, тадбиркорларнинг имконияти ва молиявий аҳволидан келиб чиқиб, қарор қабул қилиш муҳимлигини таъкидлади.

Тушумни кўпайтириш солиқ ставкасини ошириш ҳисобидан бўлмаслиги керак. Аксинча, тадбиркорга ёрдам бериб, солиқ базасини кенгайтирсак, тушум кўпаяди, тадбиркорлар ҳам рози бўлади”,

- деди Президент.

Эндиликда тадбиркорларга ушбу солиқларни йилда иккига бўлиб тўлашга рухсат берилади.

Президентимиз исбилерменлерди ойландырып атырған және бир мәселеге тоқтап өтти.

Орынларда жер салығы ҳәм ижара төлемлерине арттырыўшы коэффициент белгилегенинде оның бизнеске тәсирин үйрениў, исбилерменлердиң имканияты ҳәм финанслық жағдайынан келип шығып, қарар қабыл етиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

"Түсимди көбейтиў салық ставкасын арттырыў есабынан болмаўы керек. Керисинше, исбилерменге жәрдем берип, салық базасын кеңейтетуғын болсақ, түсим көбейеди, исбилерменлер де разы болады."
- деди Президент.

Енди исбилерменлерге бул салықларды жылына екиге бөлип төлеўге рухсат бериледи.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Салқин ичимликлар, маиший техника, фармацевтика, алкоголь ва тамаки каби маҳсулотларни маркировкалаш тизими жорий қилинган.

Лекин, барча қонун-қоидаларга мос ишлаётган тадбиркорларнинг маҳсулотлари билан бир вақтда маркировкасиз товарлар ҳам бемалол сотилаётган ҳолатлар кузатилмоқда. Ҳамма дўконлар ҳам маркировка билан ишламагани учун назорат занжири узилиб қолмоқда.

Солиқ ва Божхона қўмиталарига маркировкалашнинг ишлаб чиқариш ҳажмига салбий таъсирини камайтириш чораларини ишлаб чиқиш, маркировкалаш талаби бажарилиши устидан назоратни кучайтириш топширилди.

Қиммат бозорларда талаб юқори бўлган айрим товарлар экспортига чеклов қўйилгани учун кўплаб имкониятлар қўлдан бой берилаётгани қайд этилди.

Эндиликда, 1 июлдан бошлаб бирорта товар экспортига чеклов бўлмаслиги эълон қилинди. Фақат 86 та товар гуруҳига кирган хомашё ва ижтимоий аҳамияти юқори маҳсулотларга нисбатан экспорт божлари жорий қилинади.

Бу тадбиркорларимиз учун янги имконият экани таъкидланди.

Бир нарсани аниқ тушуниш керак. Агар тадбиркорлар қиммат бозорларга ишласа, уларда маҳсулотни кўпайтириш, сифатни яхшилашга интилиш, иштиёқ ортади, манфаат бўлади”,

- деди Президент.

Салқын ишимликлер, турмыслық техника, фармацевтика, алкоголь ҳәм темеки сыяқлы өнимлерди маркировкалаў системасы енгизилген.

Бирақ, барлық нызам-қағыйдаларға муўапық ислеп атырған исбилерменлердиң өнимлери менен бир ўақытта маркировкасыз товарлар да биймәлел сатылып атырған жағдайлары бақланбақта. Барлық дүканлар да маркировка менен ислемей атырғаны ушын қадағалаў шынжыры үзилип қалмақта.

Салық ҳәм Бажыхана комитетлерине маркировканың өндирис көлемине унамсыз тәсирин азайтыў илажларын ислеп шығыў, маркировкалаў талабының орынланыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў тапсырылды.

Қымбат базарларда талап жоқары болған айырым товарлардың экспортына шеклеў қойылғаны себепли көплеген имканиятлар қолдан жиберилип атырғаны атап өтилди.

Енди, 1-июльден баслап, бирде-бир товардың экспортына шеклеў болмайтуғыны жәрияланды. Тек ғана 86 товар топарына кирген шийки зат ҳәм социаллық әҳмийети жоқары өнимлерге экспорт бажылары енгизиледи.

Бул исбилерменлеримиз ушын жаңа имканият екени атап өтилди.
«Бир нәрсени анық түсиниў керек. Егер исбилерменлер қымбат базарларға жумыс ислесе, оларда өнимди көбейтиў, сапаны жақсылаўға умтылыў, қызығыўшылық артады, пайда болады»,

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Шунингдек, хавф даражаси юқори бўлган 7 та товар гуруҳидаги маҳсулотларни давлат рўйхатидан ўтказиш амалиёти бекор қилинади.

Сертификат олиш мажбурий бўлган товарлар рўйхатини кескин қисқартириб, маҳсулот мувофиқлигини декларациялаш амалиёти жорий қилинади.

Асбоб-ускуна, хомашё, махсус техника, транспорт импортида мамлакатимизда тан олинадиган хорижий юқори сифат ва назорат тизимлари мезонлари ишлаб чиқилади, улар импорт қилинаётганда миллий сертификат олиш талаб қилинмайди.

Бир сўз билан айтганда, биз маҳсулотларнинг бозорга киришини енгиллаштириб, уни реализациясидаги назоратни кучайтирамиз. Бу халқаро амалиётда ўзини оқлаган”,

- деди президент.

Мутасаддиларга “Бозор назорати тўғрисида”ги қонун лойиҳасини ишлаб чиқиш топширилди.

Умуман, синов ва сертификатлаштириш бўйича давлат лабораториялари хусусий секторга инвестиция киритиш шарти билан берилса, соҳада сифат ва рақобат бўлиши, хизмат нархи тушиши кўрсатиб ўтилди.

Сондай-ақ, қәўип дәрежеси жоқары болған 7 товар топарындағы өнимлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў әмелияты бийкар етиледи.

Сертификат алыў мәжбүрий болған товарлар дизими кескин қысқартылып, өнимниң муўапықлығын декларациялаў әмелияты енгизиледи.

Әсбап-үскене, шийки зат, арнаўлы техника, транспорт импортында елимизде тән алынатуғын сырт ел жоқары сапа ҳәм қадағалаў системаларының нормалары ислеп шығылады, оларды импорт етиўде миллий сертификат алыў талап етилмейди.

«Бир сөз бенен айтқанда, биз өнимлердиң базарға кириўин жеңиллестирип, оны сатыўдағы қадағалаўды күшейтемиз. Бул халықаралық әмелиятта өзин ақлаған»,

- деди президент.

Жуўапкерлерге «Базар қадағалаўы ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Улыўма, сынаў ҳәм сертификатлаў бойынша мәмлекетлик лабораториялар жеке меншик секторға инвестиция киргизиў шәрти менен берилсе, тараўда сапа ҳәм бәсеки болыўы, хызмет баҳасы түсиўи көрсетип өтилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Салқин ичимлик ишлаб чиқарувчи тадбиркорлар четдан келадиган витринали совуткичларни сертификациялаш жараёни 3 ойгача чўзилаётганини айтмоқда.

Курьерлик хизмати корхоналари мопед олиб келиб, одамларни ишли қилаётгани, лекин мопеднинг ўзи 300 доллар турса, уни стандартдан ўтказиб, сертификат олишга яна шунча маблағ кетаётгани кўрсатиб ўтилди.

Хусусий клиникалар “Ўзбекистонга илк бор олиб келинаётган айрим тиббий ускуналарни Фармқўмитада рўйхатдан ўтказиш харажати уларнинг нархидан 10 карра қиммат”, демоқда. Шунингдек, қўмитада оддий термометрни ҳам, МРТ ускунасини ҳам рўйхатдан ўтказишга 4-5 ой вақт кетмоқда.

Давлатимиз раҳбари бундай тўлов ва тартиботлар мутасаддилар томонидан нақадар чуқур ўйланганини савол остига қўйди.

Бу ёндашув тўғрими? Албатта йўқ. Мураккаблиги ва хавфлилик даражасига қараб, тиббий ускуна, тиббий буюм ва дори-дармон учун алоҳида-алоҳида муддат белгилаш керак”,

- деди Президент.

Салқын ишимлик ислеп шығарыўшы исбилерменлер шеттен келетуғын витриналы суўытқышларды сертификатлаў процеси 3 айға шекем созылып атырғанын айтып атыр.

Курьерлик хызмети кәрханалары мопед алып келип, адамларды жумыслы етип атырғаны, бирақ, мопедтиң өзи 300 доллар турса, оны стандарттан өткерип, сертификат алыўға және сонша қаржы кетип атырғаны көрсетип өтилди.

Жеке меншик клиникалар «Өзбекстанға биринши мәрте алып келинип атырған айырым медициналық үскенелерди Фармакомитетте дизимнен өткериў қәрежети олардың баҳасынан 10 есеге қымбат», деп атыр. Сондай-ақ, комитетте әпиўайы термометрди де, МРТ үскенесин де дизимнен өткериўге 4-5 ай ўақыт кетпекте.

Мәмлекетимиз басшысы бундай төлем ҳәм тәртиплер жуўапкерлер тәрепинен қаншелли терең ойланғанын сораў астына қойды.

«Бул қатнас дурыс па? Әлбетте, жоқ. Қыйыншылығы ҳәм қәўиплилик дәрежесине қарап, медициналық үскене, медициналық буйым ҳәм дәри-дәрмақ ушын өз алдына мүддет белгилеў керек»,

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президентимиз сертификатлаштириш тизимидаги айрим муаммоларни санаб, уларнинг ечимларини айтди.

Таъкидланганидек, сут ва гўшт маҳсулотлари ишлаб чиқарувчи корхоналар ўзининг маҳсулотига Санэпидқўм хулосасини олиш тизимидан норози.

Масалан, йилига 100 миллион долларлик болалар озуқаси импорт бўлмоқда. Лекин замонавий ускуна келтириб, завод қурган тадбиркор Санэпидқўм хулосаси йўқлиги учун ишлаб чиқаришни бошлай олмаяпти. Хулоса бериш учун эса стандарт йўқ.

Қўмита раҳбарияти “бу маҳсулотга бизда стандарт йўқ”, деб кутиб ўтирмасдан, ўзи ташаббус қилиб, тадбиркор билан бирга стандарт ишлаб чиқмаётгани танқид қилинди.

Айрим туман санэпидхизматлари ҳалигача тадбиркордан битта маҳсулотнинг ҳар хил қадоқланган партиясини алоҳида синовдан ўтказишни талаб қилмоқда. Бу қўшимча вақт, қўшимча харажат талаб қилади.

Бир вақтда тайёрланган маҳсулотнинг ҳар хил ҳажмда қадоқланиши сифатга нақадар алоқадор экани савол уйғотади.

Президентимиз сертификатластырыў системасындағы айырым машқалаларды санап, олардың шешимлерин айтты.

Атап өтилгениндей, сүт ҳәм гөш өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар өзиниң өнимине Санепидкомның жуўмағын алыў системасынан наразы.

Мәселен, жылына 100 миллион долларлық балалар азығы импорт болып атыр. Бирақ, заманагөй үскене алып келип, завод қурған исбилермен Санэпидкомның жуўмағы жоқлығы ушын ислеп шығарыўды баслай алмай атыр. Жуўмақ бериў ушын болса стандарт жоқ.

Комитет басшылары «бул өнимге бизде стандарт жоқ», деп күтип отырмастан, өзи баслама көтерип, исбилермен менен бирге стандарт ислеп шықпай атырғаны сынға алынды.

Айырым районлық санэпидхызметлери елеге шекем исбилерменнен бир өнимниң ҳәр қыйлы қадақланған партиясын өз алдына сынақтан өткериўди талап етпекте. Бул қосымша ўақыт, қосымша қәрежет талап етеди.

Бир ўақытта таярланған өнимниң ҳәр түрли көлемде қадақланыўы сапаға қәншелли байланыслы екенлиги сораў туўдырады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Такрор ва такрор айтаман – “ҳозирги дунёдаги вазият бизга таъсир қилмайди” деганлар жуда катта хато қилади. Бундай шароитда фақат ўз кучимиз ва ички имкониятларимизга таяниб, дадил-дадил қадам ташлашимиз керак”,

- деди давлатимиз раҳбари.

Лекин кўп раҳбарлар ҳали масаланинг жиддийлигини, 2 карра кўп ишлаш кераклигини билмаётгани, ҳар бир вазирлик, тармоқ ва ҳудудларни биринчи раҳбарлари аниқ-аниқ режа қилиб, ишлаб чиқариш, экспорт билан ўзи шахсан шуғулланиши шарт ва зарурлиги кўрсатиб ўтилди.

Бир ҳафта давомида мутасаддилар 3 мингдан зиёд тажрибали тадбиркорлар билан учрашди. Ишбилармонлар халқаро бозорлардаги тебранишларга мослашиш учун тезда ҳал қилиш керак бўлган янги-янги масалаларни қўймоқда. Вазирлар, ҳокимлар, банк ва тармоқ раҳбарларига саволлар кўп.

Айрим раҳбарлар тенденцияларни ўрганиб, хатарларни тўғри баҳолаб, тадбиркорларга йўл очиш ўрнига ўзлари тўсиқ бўлаётгани танқид қилинди.

Бундайларга нисбатан қаттиқ чора кўрилиши қайд этилди.

«Қайта-қайта айтаман – «ҳәзирги дүньядағы жағдай бизге тәсир етпейди» дегенлер оғада үлкен қәтелеседи. Бундай шараятта тек ғана өз күшимиз ҳәм ишки имканиятларымызға сүйенип, исенимли қәдем таслаўымыз керек»,


- деди мәмлекетимиз басшысы.

Бирақ, көп басшылар еле мәселениң қатаңлығын, 2 есе көп ислеў кереклигин билмей атырғаны, ҳәр бир министрлик, тармақ ҳәм аймақлардың биринши басшылары анық реже ислеп, өндирис, экспорт пенен өзи жеке шуғылланыўы шәрт ҳәм зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Бир ҳәпте даўамында жуўапкерлер 3 мыңнан аслам тәжирийбели исбилерменлер менен ушырасты. Исбилерменлер халықаралық базарлардағы тербелислерге бейимлесиў ушын тез шешиў керек болған жаңадан-жаңа мәселелерди қойып атыр. Министрлер, ҳәкимлер, банк ҳәм тармақ басшыларына сораўлар көп.

Айырым басшылар тенденцияларды үйренип, қәўип-қәтерлерди дурыс баҳалап, исбилерменлерге жол ашыўдың орнына өзлери тосқынлық етип атырғаны сынға алынды.

Бундайларға қатаң шара көрилиўи атап өтилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Биргина юқори тарифлар оқибатида халқаро савдо ҳажми 3,5 триллион долларга қисқариб, дунёдаги инфляция даражаси 7,5-8 фоизга кўтарилиши ҳақида прогнозлар берилмоқда.

Уч-тўрт кун ичида халқаро молия бозорлари 10 триллион доллар йўқотгани биз учун қаттиқ “сигнал” бўлиши керак.

Энг катта хавф – пандемия даврида бўлгани каби дунё бўйлаб таъминот ва қиймат яратиш занжирларида узилишлар пайдо бўлишидадир.

Айниқса, бундай ҳолат жаҳон экспортида юқори улушга эга тўқимачилик, электротехника, автомобилсозлик, озиқ-овқат саноати каби “драйвер” тармоқларга катта зарба бериши мумкин
”,

- деди Президент.

Ўзига нисбатан энг катта импорт божлари қўйилган давлатлар эндиликда Ўзбекистон экспорт қилаётган йўналишларга ўзининг маҳсулоти билан кириш учун агрессив савдо сиёсатини юритиши мумкинлиги қайд этилди. Яъни, мамлакатимиз кириб борган ип-калава, мато, газлама, тайёр текстиль ва маиший техника бозорларида ҳам аёвсиз рақобат бўлади.

Тек ғана жоқары тарифлер ақыбетинде халықаралық саўда көлеми 3,5 триллион долларға қысқарып, дүньядағы инфляция дәрежеси 7,5-8 процентке көтерилиўи ҳаққында прогнозлар берилмекте.

«Үш-төрт күн ишинде халықаралық финанс базарлары 10 триллион доллар жоғалтқаны биз ушын қатты «сигнал» болыўы керек.

Ең үлкен қәўип - пандемия дәўиринде болғанындай, дүнья бойлап тәмийнат ҳәм қун жаратыў шынжырларында үзилислер пайда болыўында болып есапланады.

Әсиресе, бундай жағдай дүнья экспортында жоқары үлеске ийе тоқымашылық, электротехника, автомобильсазлық, азық-аўқат санааты сыяқлы «драйвер» тармақларға үлкен соққы бериўи мүмкин»,

- деди Президент.

Өзине салыстырғанда ең үлкен импорт бажылары қойылған мәмлекетлер енди Өзбекстан экспорт етип атырған бағдарларға өзиниң өними менен кириў ушын агрессив саўда сиясатын жүргизиўи мүмкин екенлиги атап өтилди. Яғный, елимиз кирип барған ийирилген жип, материал, гезлеме, таяр текстиль ҳәм турмыслық техника базарларында да аяўсыз бәсеки болады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида дунёда юз бераётган иқтисодий тебранишларнинг мамлакатимиз соҳа ва тармоқларига таъсирини юмшатиш чора-тадбирлари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында дүньяда жүз берип атырған экономикалық өзгерислердиң мәмлекетимиздиң тараў ҳәм тармақларына тәсирин жумсартыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Билимди баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстандағы имараты ашылды

Енди абитуриентлер миллий сертификат ҳәм кириў имтиханларын усы жерде тапсырады.

Билимни баҳолаш агентлигининг Қорақалпоғистондаги биноси очилди

Энди абитуриентлар миллий сертификат ва кириш имтиҳонларини шу ерда топширади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Елликқала районында 90 орынлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бой тикледи

Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў иләжлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, аймақларда социаллық объектлерди қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, қарар тийкарында Елликқала районы «Чўпон» мәҳәлле пуқаралар жыйынында жаңадан 90 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 4 млрд. 750 млн. сум қаржы тийкарында қурып питкерилди ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

Элликқалъа туманида 90 ўринли янги мактабгача таълим ташкилоти қад ростлади

Ҳурматли Президентимизнинг «Ислом тараққиёт банки ва ОПЕК халқаро тараққиёт жамғармаси иштирокида «Қишлоқ жойларни барқарор ривожлантириш» лойиҳасини амалга ошириш чора-тадбирлари тўғрисида»ги қарорига асосан ҳудудларда ижтимоий объектларни қуриш ишлари амалга оширилмоқда.

Хусусан, қарор асосида Элликқалъа тумани «Чўпон» маҳалла фуқаролар йиғинида янги 90 ўринли мактабгача таълим ташкилоти 4 млрд. 750 млн. сўм маблағ асосида қуриб битказилди ва фойдаланишга топширилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Швейцарияныӊ «LATMA-ADED» шөлкеми қаржылары тийкарында Тақыятас районында 2 мектеп ушын суў тазалаў үскенелери орнатылды

Бүгин, 17-апрель күни Тақыятас районындағы «Найманкөл» АПЖдағы 12- ҳәм 15-санлы улыўма билим бериў мектеплерине Швейцарияныӊ «LATMA-ADED» шөлкеми грант қаржылары тийкарында қурылған суў тазалаў үскенелери пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен иләж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы А.Атажанов, “LATMA-ADED” шөлкеми ўәкиллери, «Найманкөл» АПЖ белсендилери, нураныйлар ҳәм мектеп оқытыўшылары қатнасты. 

Орнатылған суў үскенелери толық автоматласқан суў тазалаў системасына ийе болып, бул арқалы алыс аймақтыӊ 6732 турғыны, 50 педагог ҳәм 301 оқыўшы таза ишимлик суўы менен тәмийнленди.


Бул грант жойбары Аралбойы халықаралық инновация орайы тәрепинен әмелге асырылып атырған болып, буннан алдын Мойнақ районындағы 7-санлы мектепке де усы типтеги суў тазалаў системалары орнатып берилген еди.

Швейцариянинг «LATMA-ADED» ташкилоти маблағлари асосида Тахиатош туманида 2 та мактаб учун сув тозалаш ускуналари ўрнатилди

Бугун, 17 апрель куни Тахиатош туманидаги «Найманкўл» ОФЙдаги 12 ва 15-сонли умумтаълим мактабларига Швейцариянинг «LATMA-ADED» ташкилоти грант маблағлари асосида қурилган сув тозалаш ускуналари фойдаланишга топширилиши муносабати билан тадбир ўтказилди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг қўмита раиси А.Атажанов, «LATMA-ADED» ташкилоти вакиллари, «Найманкўл» ОФЙ фаоллари, нуронийлар ва мактаб ўқитувчилари иштирок этди.

Ўрнатилган сув ускуналари тўлиқ автоматлашган сув тозалаш тизимига эга бўлиб, бу орқали олис ҳудуднинг 6732 нафар аҳолиси, 50 нафар педагог ва 301 нафар ўқувчи тоза ичимлик суви билан таъминланди.

Ушбу грант лойиҳаси Оролбўйи халқаро инновация маркази томонидан амалга оширилаётган бўлиб, бундан олдин Мўйноқ туманидаги 7-сонли мактабга ҳам шу турдаги сув тозалаш тизимлари ўрнатиб берилган эди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Елликқала районында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды

Соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда оқыў мәсканларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балалардың сапалы билим-тәрбия алыўы ушын шараят жаратыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, аймақларда социаллық объектлерди қурыў жумыслары даўам етип атыр.

Атап айтқанда, қарар тийкарында Елликқала районы «Пахтачи» мәҳәлле пуқаралар жыйынында 4,7 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан 90 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Элликқалъа туманида янги мактабгача таълим ташкилоти фойдаланишга топширилди

Сўнгги йилларда барча соҳалар қатори таълим соҳасига ҳам алоҳида эътибор қаратилиб, бу борада ўқув муассасаларининг моддий-техник базасини мустаҳкамлаш, болаларнинг сифатли таълим-тарбия олиши учун шароит яратиш бўйича кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда.

Ҳурматли Президентимизнинг «Ислом тараққиёт банки ва ОПЕК халқаро тараққиёт фонди иштирокида «Қишлоқ жойларни барқарор ривожлантириш» лойиҳасини амалга ошириш чора-тадбирлари тўғрисида»ги қарорига асосан, ҳудудларда ижтимоий объектларни барпо этиш ишлари давом этмоқда.

Хусусан, қарор асосида Элликқалъа тумани «Пахтачи» маҳалла фуқаролар йиғинида 4,7 млрд. сўм маблағ асосида янги 90 ўринли мактабгача таълим ташкилоти қурилиб, фойдаланишга топширилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Дзюдо бойынша Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өтти

Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) спорттың дзюдо түринен жаслар арасында Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өтти.

Ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р. Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы дзюдо федерациясы баслығы З.Кахраманов қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. Өткерилип атырған спорт жарыслары мине усы бағдардағы жумыслардан бири есапланады.

Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди.
___
Дзюдо бўйича Ўзбекистон кубоги мусобақаларининг очилиш маросими ўтказилди

Бугун Нукус шаҳридаги 1-сонли спорт мактабида (Манеж) спортнинг дзюдо тури бўйича ёшлар ўртасида Ўзбекистон кубоги мусобақаларининг очилиш маросими бўлиб ўтди.

Очилиш маросимида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев ва Ўзбекистон Республикаси дзюдо федерацияси раиси З.Кахраманов иштирок этди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев сўзга чиқиб, барча иштирокчиларни мусобақанинг очилиши муносабати билан табриклади ва омад тилади.

Таъкидланганидек, сўнгги йилларда юртимизда ҳурматли Президентимиз раҳбарлигида жисмоний тарбия ва спортни ривожлантиришга, ёшларни спортга кенг жалб этишга, Олимпия ва миллий спорт турларини ривожлантиришга алоҳида эътибор қаратилиб, бу борада кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда. Ўтказилаётган спорт мусобақалари ана шу йўналишдаги ишлардан биридир.

Бундан сўнг кун давомида ўтказилиши белгиланган беллашувлар бошлаб юборилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери халықаралық математика олимпиадасында жоқары нәтийжелерге еристи

Усы жылдың 13-18-апрель күнлери Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында «Open Mathematical Olympiad for University Students (OMOUS-2025)» халықаралық математика олимпиадасы болып өтти. Онда фундаментал ҳәм анық пәнлерге қызығыўшылығы жоқары болған жасларды анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий байланысларды беккемлеў мақсетинде өткерилди.

Олимпиадада Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары да табыслы қатнасып, сыйлы орынларды ийеледи. Атап айтқанда, Математика факултетиниң студенти Сункат Максатов 1-орынды ийелеп, алтын медалға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ, Дамир Дилмуратов гүмис медаль, Индира Сатниязова, Нурсултан Еримбетов ҳәм Наргиза Ҳақбергенова болса бронза медаллары менен сыйлықланды.

Буннан тысқары, университет командасы командалық есапта да жоқары нәтийжеге ерисип, гүмис медалды қолға киргизди.

Қорақалпоқ давлат университети талабалари халқаро математика олимпиадасида юқори натижаларга эришди

Жорий йилнинг 13-18 апрель кунлари Туркманистон Республикасининг Ашхобод шаҳрида «Open Mathematical Olympiad for University Students (OMOUS-2025)» халқаро математика олимпиадаси бўлиб ўтди. Унда фундаментал ва аниқ фанларга қизиқиши юқори бўлган ёшларни аниқлаш, уларни ҳар томонлама қўллаб-қувватлаш ва илмий алоқаларни мустаҳкамлаш мақсадида ўтказилди.

Олимпиадада Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат университети талаба-ёшлари ҳам муваффақиятли иштирок этиб, фахрли ўринларни эгаллади. Жумладан, Математика факультети талабаси Сункат Максатов 1-ўринни эгаллаб, олтин медалга муносиб топилди. Шунингдек, Дамир Дилмуратов кумуш медаль, Индира Сатниязова, Нурсултан Еримбетов ва Наргиза Ҳақбергенова эса бронза медаллари билан тақдирланди.

Бундан ташқари, университет жамоаси жамоавий ҳисобда ҳам юқори натижага эришиб, кумуш медални қўлга киритди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Йиғилишда солиқ ва божхона соҳаларидаги камчиликлар бу тизимларда навбатдаги ислоҳотларни талаб қилаётгани қайд этилди.

Мутасаддиларга малакали экспертлар, олимлар ва тадбиркорлар жамоатчилик кенгашини жалб қилиб, солиқ-божхона сиёсати ва маъмурчилигини янги босқичга олиб чиқиш бўйича асосли таклифларни киритиш топширилди.

Шунингдек, вазирларнинг ўз соҳасидаги йўриқнома ва бошқа идоравий ҳужжатларни қабул қилиш бўйича ваколати аниқ белгиланиши лозимлиги таъкидланди.

Энг барқарор муносабатлар – қонун билан, янги ислоҳотлар – Президент ҳужжати билан, тармоқ ва ҳудудларни ривожлантириш – Ҳукумат қарори билан белгиланади. Уларни ҳаётга татбиқ этиш бўйича фақат идоравий ҳужжатлар қабул қилинади.

Ана шунда, ислоҳотлар натижалари одамларимизга тезроқ етиб боради”,

- деди Президент.

Мәжилисте салық ҳәм бажыхана тараўларындағы кемшиликлер бул системаларда гезектеги реформаларды талап етип атырғаны атап өтилди.

Жуўапкерлерге маман экспертлер, илимпазлар ҳәм исбилерменлердиң жәмийетлик кеңесин тартып, салық-бажыхана сиясаты ҳәм ҳәкимшилигин жаңа басқышқа алып шығыў бойынша тийкарланған усыныслар киргизиў тапсырылды.

Сондай-ақ, министрлердиң өз тараўындағы инструкция ҳәм басқа да ведомстволық ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша ўәкиллиги анық белгилениўи керек екенлиги атап өтилди.

"Ең турақлы қатнасықлар - нызам менен, жаңа реформалар - Президент ҳүжжети менен, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў - Ҳүкимет қарары менен белгиленеди. Оларды турмысқа енгизиў бойынша тек ғана ведомстволық ҳүжжетлер қабыл етиледи.

Сонда, реформалардың нәтийжелери адамларымызға тезирек жетип барады,"

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳозирда қандолатчилик ва салқин ичимликлар тармоғи маҳаллий саноатнинг драйверига айланиб улгургани ва уларни қўллаб-қувватлаш муҳимлиги таъкидланди.

Шу боис шакарга акциз тўлови бекор қилиниши белгиланди. Қуруқ сут импортига қўйилган чекловлар ҳам олиб ташланади.

Бунинг ҳисобига қарийб 40 минг одам ишлайдиган 5,5 минг қандолат ва салқин ичимлик ишлаб чиқарувчи корхоналарнинг йиллик айланмаси камида 50 триллион сўмга етади.

Ҳозирда 2,5 мингга яқин ресторан ва кафе ҚҚС тўламоқда. Йил бошидан уларга ҚҚСнинг 20 фоиздан 40 фоизгача қисмини “кэшбек” сифатида қайтариш тизими жорий қилинган эди. Лекин, ҳозиргача бу имтиёздан бор-йўғи 69 та умумий овқатланиш корхонаси фойдалангани кўрсатиб ўтилди.

Масалан, салқин ичимлик, торт, музқаймоқ каби 200 дан зиёд маҳсулот алоҳида-алоҳида сотилса, “кэшбек” берилмаяпти. Ваҳоланки, уларга ҳам ҚҚС тўланган.

Солиқ қўмитасига бу борадаги тушунмовчиликларни тартибга солиб, адолатли тизимни йўлга қўйиш топширилди.

Ҳәзирги ўақытта кондитерлик ҳәм салқын ишимликлер тармағы жергиликли санааттың драйверине айланып үлгергени ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан, қумшекерге акциз төлеми бийкар етилетуғыны белгиленди. Қурғақ сүт импортына қойылған шеклеўлер де алып тасланады.

Буның есабынан дерлик 40 мың адам жумыс ислейтуғын 5,5 мың кондитер ҳәм салқын ишимлик ислеп шығарыўшы кәрханалардың жыллық айланысы кеминде 50 триллион сумға жетеди.

Ҳәзирги ўақытта 2,5 мыңға шамалас ресторан ҳәм кафе ҚҚС төлемекте. Жыл басынан оларға ҚҚСның 20 проценттен 40 процентке шекемги бөлегин «кешбек» сыпатында қайтарыў системасы енгизилген еди. Бирақ, ҳәзирге шекем бул жеңилликтен тек ғана 69 улыўма аўқатланыў кәрханасы пайдаланғаны көрсетип өтилди.

Мәселен, салқын ишимлик, торт, музқаймақ сыяқлы 200 ден аслам өним бөлек-бөлек сатылса, «кешбек» берилмей атыр. Оларға да ҚҚС төленген.

Салық комитетине бул бағдардағы түсинбеўшиликлерди тәртипке салып, әдил система жолға қойыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президентимиз бизнес учун тенг шароитлар яратиш масалаларига алоҳида эътибор қаратди.

Маҳаллий корхоналаримизга йўл очиб, ишлаб чиқаришни кўпайтириш, қиммат бозорларга янги-янги маҳсулотлар билан киришига шароит яратишимиз зарур”,

- деди давлат раҳбари.

Лекин айрим товарлар бозорларимизга сунъий пасайган нархда кириб келаётгани маҳаллий ишлаб чиқарувчиларнинг ўрнини заифлаштираётгани кўрсатиб ўтилди.

Масалан, ўзимизда чиқаётган таннархи 220 долларлик кичик музлатгич бозорда ўртача 250 доллардан сотилаётгани учун 30 доллар ҚҚС тўланади.

Худди шундай музлатгичнинг импорт нархи сунъий пасайтирилиб, 25 доллар кўрсатилгани учун бор-йўғи 3 доллар ҚҚС олинаяпти. Яъни, ишлаб чиқарувчи импортга нисбатан 10 карра кўп солиқ тўлаяпти.

Янги фармон билан эндиликда четдан олиб келинаётган товарларни божхона қийматини аниқлаш тартиби тўлиқ халқаро қоидаларга мослаштирилади.

Президентимиз бизнес ушын теңдей шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

«Жергиликли кәрханаларымызға жол ашып, өндиристи көбейтиў, қымбат базарларға жаңа өнимлер менен кириўине шараят жаратыўымыз зәрүр»,

- деди мәмлекет басшысы.

Бирақ, айырым товарлар базарларымызға жасалма төменлетилген баҳада кирип киятырғаны жергиликли ислеп шығарыўшылардың орнын төменлетип атырғаны көрсетип өтилди.

Мәселен, өзимизде шығып атырған өзине түсер баҳасы 220 долларлық киши музлатқыш базарда орташа 250 доллардан сатылып атырғаны ушын 30 доллар ҚҚС төленеди.

Тап усындай музлатқыштың импорт баҳасы жасалма түрде түсирилип, 25 доллар көрсетилгени ушын тек ғана 3 доллар ҚҚС алынып атыр. Яғный, ислеп шығарыўшы импортқа салыстырғанда 10 есе көп салық төлемекте.

Жаңа пәрман менен енди шеттен алып кирилип атырған товарлардың бажыхана баҳасын анықлаў тәртиби толық халықаралық қағыйдаларға сәйкеслестириледи.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президент сертификатлаштириш ва стандартлаштириш тизимини янада такомиллаштириш чора-тадбирларини белгилаб берди.

Алоҳида фармон билан Техник тартибга солиш агентлиги, Санэпидқўм, Ветеринария қўмитаси, Карантин агентлиги каби идораларнинг маҳсулотга хулоса бериш ваколатлари аниқ белгилаб берилади.

Бунда такрорланувчи ва устма-уст тартиблар босқичма-босқич бекор қилинади. Масалан:

- озиқ-овқат маҳсулоти сифати ва хавфсизлиги назорати билан фақат Санэпидқўм шуғулланади;

- озиқ-овқат учун техник регламентлар ва стандартлар мажбурийлиги бекор қилинади;

- қўмита асосий озиқ-овқат маҳсулотлари бўйича санитария қоидалари ва нормаларини халқаро талабларга – Кодекс Алиментариусга мувофиқлаштиради.

Бошқа тизимлар ҳам худди шу тартибда қайта кўриб чиқилади.

Президент сертификатлаў ҳәм стандартластырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажларын белгилеп берди.

Айрықша пәрман менен Техникалық тәртипке салыў агентлиги, Санэпид комитети, Ветеринария комитети, Карантин агентлиги сыяқлы уйымлардың өнимге жуўмақ бериў ўәкилликлери анық белгилеп бериледи.

Онда тәкирарланыўшы ҳәм үсти-үстине түскен тәртиплер басқышпа-басқыш бийкар етиледи. Мәселен:

- азық-аўқат өниминиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги қадағалаўы менен тек ғана Санэпид комитети шуғылланады;

- азық-аўқат ушын техникалық регламентлер ҳәм стандартлардың мәжбүрийлиги бийкар етиледи;

- комитет тийкарғы азық-аўқат өнимлери бойынша санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларды халықаралық талапларға - Кодекс Алиментариусқа муўапықластырады.

Басқа системалар да тап усы тәртипте қайта көрип шығылады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Шунингдек, минерал сув ишлаб чиқарувчилар 45 та кўрсаткич бўйича хулоса олиши керак. Тадбиркорлар шунинг 43 таси учун Санэпидқўм тизимидаги лабораторияларга, қолган 2 таси бўйича бошқа лабораторияга бормоқда.

Қўмитага ҳамма текширувни битта жойда ташкил қилиш топширилди.

Мева-сабзавот ва дуккакли экинлар сифатини текшириш учун ҳам 3 та ташкилотнинг лабораториясига бориш керак. Энг ёмони, бу лабораторияларнинг хулосаси ривожланган давлатларда тан олинмайди.

Шу боис экспортчилар қиммат бозорга чиқишдан олдин сертификат олиш учун хорижга намуна жўнатаяпти.

Мутасаддиларга шу пайтгача бирорта халқаро тан олинган лабораторияни олиб келмагани, эскирган устма-уст сертификатлаш амалиёти ҳалигача давом этаётгани кўрсатиб ўтилди.

Сондай-ақ, минерал суў ислеп шығарыўшылар 45 көрсеткиш бойынша жуўмақ алыўы керек. Исбилерменлер соның 43 көрсеткиш ушын Санэпидком системасындағы лабораторияларға, қалған екеўи бойынша басқа лабораторияға барып атыр.

Комитетке барлық тексериўди бир орында шөлкемлестириў тапсырылды.

Мийўе-овощ ҳәм собықлы егинлердиң сапасын тексериў ушын да 3 мәкемениң лабораториясына барыў керек. Ең жаманы, бул лабораториялардың жуўмағы раўажланған мәмлекетлерде тән алынбайды.

Соның ушын экспортёрлар қымбат базарға шығыўдан алдын сертификат алыў ушын сырт елге үлги жибермекте.

Жуўапкерлерге усы ўақытқа шекем бирде-бир халықаралық тән алынған лабораторияны алып келмегени, ескирген үсти-үстине сертификатлаў әмелияты елеге шекем даўам етип атырғаны көрсетип өтилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Стандартлаштириш ва сертификатлаштириш тизимидаги эскирган талаблар ва бюрократия тадбиркорларнинг “қўлини боғлаётгани”, соҳада коррупцияни келтириб чиқараётгани кўрсатиб ўтилди.

25 мингдан ортиқ стандарт, 41 та техник регламент халқаро бозор талабларига мос келмайди. Ҳозирда 13 мингга яқин турдаги товарнинг 6,5 минги мажбурий сертификатланади, бу эса таннархни оширади.

Вазирлар, ҳокимлар қачон тадбиркорларни эшитиб, қайси стандартни янгилаш, қайси бирини бекор қилиш, нима маҳсулотни мажбурий сертификация рўйхатидан чиқаришни ўйлаб кўрди? Афсуски, бунга ижобий жавоб йўқ”,

- дея қатъий эътироз билдирди Президент.

Хусусан, инвесторлар мамлакатимиздаги кўп лабораториялар талабга жавоб бермаслиги, ривожланган давлатлар стандартлари эса тан олинмаётганини айтмоқда.

Ҳозирги тизимда сертификатлаш органлари бир пайтнинг ўзида бозор назоратини ҳам олиб бораётгани, бу эса манфаатлар тўқнашувига олиб келаётгани қайд этилди.

Стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системасындағы ескирген талаплар ҳәм бюрократия исбилерменлердиң «қолын байлап атырғаны», тараўда коррупцияны келтирип шығарып атырғаны көрсетип өтилди.

25 мыңнан аслам стандарт, 41 техникалық регламент халықаралық базар талапларына сәйкес келмейди. Ҳәзирги ўақытта 13 мыңға шамалас түрдеги товардың 6,5 мыңы мәжбүрий сертификатланады, бул болса өзине түсер баҳаны арттырады.

«Министрлер, ҳәкимлер қашан исбилерменлерди тыңлап, қайсы стандартты жаңалаў, қайсы бирин бийкарлаў, қайсы өнимди мәжбүрий сертификатластырыў дизиминен шығарыўды ойлап көрди? Тилекке қарсы, буған унамлы жуўап жоқ»,

- деп қатаң наразылық билдирди Президент.

Атап айтқанда, инвесторлар мәмлекетимиздеги көп лабораториялар талапқа жуўап бермейтуғынын, раўажланған мәмлекетлердиң стандартлары болса тән алынбай атырғанын айтпақта.

Ҳәзирги системада сертификатлаў уйымлары бир ўақыттың өзинде базар қадағалаўын да алып барып атырғаны, бул болса мәплер соқлығысыўына алып келип атырғаны атап өтилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Гарвард университети таҳлилига кўра, ўтган беш йилда Иқтисодий мураккаблик индексида Ўзбекистоннинг ўрни 25 поғона яхшиланиб, 105-ўриндан 80-ўринга кўтарилди.

Бугунги кунда 162 турдаги миллий маҳсулотларимиз “дунё бозорларида рақобат устунлигига эга” деб эътироф этилаяпти.

Натижада охирги йилларда экспорт 2,2 баробар ошди. Ташқи савдо айланмаси ялпи ички маҳсулотга нисбатан 57 фоизга етди.

Бу – иқтисодиётимиз ташқи бозорларга қанчалик боғлиқ эканини кўрсатадиган жуда катта рақам”,

- деди Президент.

Гарвард университетиниң анализлерине бола, өткен бес жылда Экономикалық қурамалылық индексинде Өзбекстанның орны 25 текше жақсыланып, 105-орыннан 80-орынға көтерилди.

Бүгинги күнде 162 түрдеги миллий өнимлеримиз «дүнья базарларында бәсеки үстемлигине ийе» деп тән алынбақта.

Нәтийжеде соңғы жыллары экспорт 2,2 есеге артты. Сыртқы саўда айланысы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 57 процентке жетти.

«Бул - экономикамыз сыртқы базарларға қаншелли байланыслы екенин көрсететуғын жүдә үлкен сан»,

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президент Шавкат Мирзиёев раислигида бошланган видеоселектор йиғилишида дунёда юз бераётган иқтисодий ва савдо чекловларининг Ўзбекистонга таъсирини юмшатиш масалалари муҳокама қилинмоқда.

Аввало, давлатимиз раҳбари глобал иқтисодий ҳолатга тўхталди.

Ҳозирги дунё аввалгидек эмас. Гап тариф ёки уларни миқдорида ҳам эмас. Узоқ йиллар давомида давлатлар ўртасида барқарор муносабатлар ва ўзаро ишончни таъминлаган халқаро институтлар, улар ишлаб чиққан қоида ва нормалар бугун самарасиз бўлиб бораяпти.

Албатта, бу жараёнлар занжирли таъсир кўрсатиб, жаҳон иқтисодиётини секинлашуви ва халқаро савдони камайишига олиб келиши мумкин
”,

- деди Президент.

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында басланған видеоселектор мәжилисинде дүньяда жүз берип атырған экономикалық ҳәм саўда шеклеўлериниң Өзбекстанға тәсирин жумсартыў мәселелери талқыланып атыр.

Ең дәслеп, мәмлекетимиз басшысы глобаллық экономикалық жағдайға тоқтап өтти.

«Ҳәзирги дүнья алдынғыдай емес. Гәп тариф ямаса олардың муғдарында да емес. Узақ жыллар даўамында мәмлекетлер арасындағы турақлы қатнасықлар ҳәм өз-ара исенимди тәмийинлеген халықаралық институтлар, олар ислеп шыққан қағыйда ҳәм нормалар бүгин нәтийжесиз болып бармақта.

Әлбетте, бул процесслер шынжырлы тәсир көрсетип, жәҳән экономикасының төменлеўи ҳәм халықаралық саўданың азайыўына алып келиўи мүмкин»,

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Билимди баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстандағы имараты қурып питкерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 15-июньдағы «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 279-санлы қарары тийкарында Билим ҳәм тәжирийбени баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими ушын жаңа имарат қурылды.

Атап өтиў орынлы, тест сынақларын жыл даўамында өткериўге мөлшерленген 1000 орынлық имаратты қурыў ушын Нөкис қаласы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 2 га жер ажыратылып, 18,3 млрд. сум қаржы тийкарында заманагөй имарат қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

Усы тийкарда абитуриентлердиң миллий сертификатлар ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын тапсырыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылды.

Билимни баҳолаш агентлигининг Қорақалпоғистондаги биноси қуриб битказилди

Ҳурматли Президентимизнинг 2022 йил 15 июндаги «Давлат олий таълим муассасаларига ўқишга қабул қилиш жараёнларини ташкил этиш тўғрисида»ги 279-сонли қарори асосида Билим ва малакаларни баҳолаш агентлигининг Қорақалпоғистон Республикаси бўлими учун янги бино қурилди.

Таъкидлаш жоизки, тест синовларини йил давомида ўтказишга мўлжалланган 1000 ўринли бинони қуриш учун Нукус шаҳри «Жаңа базар» маҳалла фуқаролар йиғини ҳудудидан 2 га ер ажратилиб, 18,3 млрд. сўм маблағ эвазига замонавий бино қурилди ва фойдаланишга топширилди.

Шу асосда абитуриентларнинг миллий сертификатлар ва олий ўқув юртларига кириш имтиҳонларини топшириши учун барча имкониятлар яратилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.

Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи.

Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта.

2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Ўзбошимчалик билан эгалланган ер участкаларига ва унда қурилган иморатларга ҳуқуқларни эътироф этиш бошланди

Ҳурматли Президентимизнинг топшириғига асосан «Ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер участкаларига ҳамда уларда қурилган бинолар ва иншоотларга бўлган ҳуқуқларни эътироф этиш тўғрисида»ги Қонун қабул қилинган эди.

Қонун билан фуқаролар ва тадбиркорларнинг мулкка бўлган ҳуқуқлари тартибга солинади, фуқаролар ўртасидаги мулкчилик, шунингдек, мерослар билан боғлиқ низоларга ечим топилади. Бундан ташқари, аҳолининг ижтимоий масалалари (доимий рўйхатга қўйиш, моддий ёрдам олиш, мактаб, боғчага жойлаштириш) ҳамда бино ва объектларни коммунал тармоқларга улаш бўйича масалалари ҳал этилади.

Қонун талабларининг бажарилишини таъминлаш мақсадида юртимизнинг барча ҳудудларида Давлат кадастрлари палатаси мутахассислари томонидан маҳаллаларда хатлов ишлари олиб борилмоқда. Хатлов натижаларига кўра ҳар бир объект ҳақида маълумотлар ва комиссия хулосалари etirof.kadastr.uz тизимига киритилиб борилмоқда.

2025 йил 18 апрель кунги маълумотга кўра, Қорақалпоғистон Республикасида 80 маҳаллада 19 349 та турар жой ва нотурар жой объектлари хатловдан ўтказилиб, 7 854 та объект автоматлаштирилган ахборот тизимига киритилди. Шундан, 5375 объект комиссияда ва 2479 та объект жамоатчиликка эълон қилинган.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг сессия қарори билан Чимбой, Кегейли, Тахтакўпир, Қораўзак ва Амударё туманларидаги 24 та уй-жой эгаларининг ўзбошимчалик билан ва ортиқча эгаллаган ерларига, уларда қурилган турар жойларига ижара ва мулк ҳуқуқлари эътироф этилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Әмиўдәрьяда жаңа қадақлаў кәрханасының жумысы жолға қойылды

Елимиздеги исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, Әмиўдәрья районында «BOTIR XONQA» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ишимлик суўы ҳәм шербет ислеп шығарыў ҳәм қадақлаў жойбары иске түсирилди.

Жойбардың улыўма баҳасы 2,6 млрд. сум болып, оның әмелге асырылыўы нәтийжесинде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.

Амударёда янги қадоқлаш корхонаси фаолияти йўлга қўйилди

Юртимизда тадбиркорлар учун яратилган кенг имкониятлардан фойдаланиб, Амударё туманида «BOTIR XONQA» масъулияти чекланган жамияти томонидан ичимлик суви ва шарбат ишлаб чиқариш ва қадоқлаш лойиҳаси ишга туширилди.

Лойиҳанинг умумий қиймати 2,6 млрд. сўм бўлиб, унинг амалга оширилиши натижасида 10 та янги иш ўрни яратилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 4271-санлы қарарына тийкар, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.

Буның ушын 8,2 млн АҚШ доллары муғдарындағы қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде «Archico» ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Жойбар шеңберинде 5 суў бөлистириў имараты, 128,1 км суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта 25,2 км суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте. Реже толық орынланыўы нәтийжесинде районның ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси арттырылады.

Мўйноқ туманида ичимлик суви таъминоти яхшиланмоқда

Ҳурматли Президентимизнинг 4271-сонли қарорига асосан, Осиё тараққиёт банки иштирокида «Ўзбекистоннинг ғарбий қисмида ичимлик суви таъминоти тизимларини ривожлантириш» лойиҳасининг амалга оширилиши белгиланган.

Бунинг учун 8,2 млн АҚШ доллари миқдоридаги маблағ ажратилган бўлиб, бугунги кунда «Archico» МЧЖ (Озарбайжон) компанияси томонидан Мўйноқ туманида ичимлик суви таъминотини яхшилашга қаратилган қурилиш ишлари олиб борилмоқда.

Лойиҳа доирасида 5 та сув тақсимлаш иншооти, 128,1 км сув тармоғини қуриш ва реконструкция қилиш кўзда тутилган. Ҳозирги вақтда 25,2 км сув тармоқлари тортилиб, қурилиш ишлари давом этмоқда. Режа тўлиқ бажарилиши натижасида туманнинг ичимлик суви билан таъминланганлик даражаси оширилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

17-19 апрель күнлери Қарақалпақстан актив туристлик орайына айланады

Халықаралық Арал туризми ҳәптелиги шеңберинде республикада әҳмийетли илажлар болып өтеди.

Дәслеп 17-апрель күни қатнасыўшылары ушын Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы музейине ҳәм елимиздеги тарийхый орынларына саяхат шөлкемлестириў белгиленген.

Ҳәптеликтиң 2-күнинде «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм «Open-air» концерт бағдарламасы режелестирилген.

19-апрель күни «10000 қәдем» жәмийетшилик жойбары, «Нәл егиў» акциясы, спорттың «Бадминтон» түри бойынша жарыс ҳәм «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивали режелестирилген.

Әлбетте, бул жумыслар, регионның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў, экологиялық ҳәм мәдений мийрасларды сақлаў, соның менен бирге, халықаралық шерикликти беккемлеўге қаратылған.

17-19 апрель кунлари Қорақалпоғистон фаол туристик марказига айланади

Халқаро Орол туризми ҳафталиги доирасида республикада муҳим тадбирлар бўлиб ўтади.

Дастлаб 17 апрель куни иштирокчилар учун Нукус шаҳридаги И.В.Савицкий номидаги музейига ва юртимиздаги тарихий обидаларга саёҳат ташкил этиш белгиланган.

Ҳафталикнинг 2-кунида «Оролбўйи эзгу ният элчилари» халқаро илмий-амалий конференцияси ва «Open-air» концерт дастури режалаштирилган.

19 апрель куни «10000 қадам» жамоатчилик лойиҳаси, «Кўчат экиш акцияси», спортнинг «Бадминтон» тури бўйича мусобақа ва «Орол балиқларидан 99 хил таом» гастрономик фестивали режалаштирилган.

Албатта, бу ишлар минтақанинг туризм салоҳиятини тарғиб қилиш, экологик ва маданий асраш, шу билан бирга, халқаро шерикликни мустаҳкамлашга қаратилган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…
Subscribe to a channel