joqargikenes | Unsorted

Telegram-канал joqargikenes - Joqarǵı keńes.uz

40838

Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Subscribe to a channel

Joqarǵı keńes.uz

Жамоат транспортини қулай ва хавфсиз қилиш бўйича ҳудудларда яхши инновацион тажрибалар бошланган.

Масалан, Тошкент шаҳрида 200 километр йўл, 4 та кўприкни таъмирлаш учун Хитойдан 300 миллион доллар инвестиция жалб қилинмоқда.

Шунингдек, пойтахтдаги тирбандликларни камайтириш мақсадида “Интеллектуал транспорт” ахборот тизими ишга тушади.

Ушбу тизимга Тошкент шаҳридаги 700 дан зиёд чорраҳа ва улардаги барча светофор, фото ва видеокузатув мосламалари уланади.

Транспорт оқимига қараб светофорларни масофадан бошқариш ҳисобига тирбандликлар 25-30 фоизга камайиши мумкин.

Жәмийетлик транспортты қолайлы ҳәм қәўипсиз етиў бойынша аймақларда жақсы инновациялық тәжирийбелер басланған.

Мәселен, Ташкент қаласында 200 километр жол, 4 көпирди оңлаў ушын Қытайдан 300 миллион доллар инвестиция тартылмақта.

Сондай-ақ, пайтахттағы тығылысларды азайтыў мақсетинде «Интеллектуал транспорт» мәлимлеме системасы иске қосылады.

Бул системаға Ташкент қаласындағы 700 ден аслам кесилиспе ҳәм олардағы барлық светофор, фото ҳәм видеобақлаў үскенелери байланыстырылады.

Транспорт ағымына қарап светофорларды аралықтан басқарыў есабынан тығылыслар 25-30 процентке азайыўы мүмкин.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Пойтахтга кунига 1 миллион одам ташриф буюрса, шундан 275 минг нафари Тошкент вилоятидан келади.

Шу боис пойтахт жамоат транспорти ягона агломерация тизимига ўтиб, Тошкент вилоятининг барча туташ ҳудудларини қамраб олади.

Бунинг учун, Тошкент халқа йўлигача келаётган 20 та автобус йўналиши 15-20 километрга узайтирилади, яна янги 6 та маршрут қўшилади. Бу Тошкент вилояти аҳолиси учун катта қулайлик бўлади.

Маршрутлар узайса, кутиш вақти кўпаяди”, деб аҳоли хавотирга тушмасин. Сентябргача пойтахтга 200 та, кейинги йили яна 1 мингта автобус олиб келамиз”,

- деди давлатимиз раҳбари.

Янги тизимни пойтахт ва Тошкент вилояти учун 1 сентябрдан, йирик шаҳарларда эса келаси йили 1 январдан жорий қилиш топширилди.

Пайтахтқа күнине 1 миллион адам келетуғын болса, соннан 275 мыңы Ташкент ўәлаятынан келеди.

Сол себепли, пайтахт жәмийетлик транспорты бирден-бир агломерация системасына өтип, Ташкент ўәлаятының барлық тутас аймақларын қамтып алады.

Буның ушын, Ташкент айланба жолына шекем келетуғын 20 автобус жөнелиси 15-20 километрге создырылады, және жаңа 6 жөнелис қосылады. Бул Ташкент ўәлаяты халқы ушын үлкен қолайлық болады.

«Маршрутлар узайса, күтиў ўақты көбейеди», деп халық қәўетерге түспесин. Сентябрге шекем пайтахтқа 200, кейинги жылы және 1 мың автобус алып келемиз»,

- деди мәмлекетимиз басшысы.

Жаңа системаны пайтахт ҳәм Ташкент ўәлаяты ушын 1-сентябрьден, ири қалаларда болса келеси жылы 1-январьдан енгизиў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Республика ва халқаро йўлларда 1 минг 200 дан ортиқ қайрилиб олиш жойи бўлса, шундан фақатгина 146 тасида ер ости ва ер устидан қайрилиб олиш йўллари бор, 10 мингдан зиёд пиёда ўтиш жойларининг атиги 154 таси ер ости ва усти орқали ташкил этилган.

Шу боис 1 октябрга қадар Тошкент – Самарқанд – Термиз, Тошкент – водий, Самарқанд – Бухоро йўналишидаги халқаро йўлларнинг хавфсизлик талабларига мослиги ўрганилади.

Йил якунигача қанча ер ости ва ер усти қайрилиш ҳамда пиёдалар ўтиш жойлари, замонавий нур қайтарувчи йўл белгилари ва чизиқлари кераклиги бўйича техник-иқтисодий асос ишлаб чиқилади.

Келгуси йилда халқаро молия ташкилотларидан маблағ жалб қилиш прогнозига бу мақсадлар учун 200 миллион доллар киритилади.

Республикалық ҳәм халықаралық жолларда 1 мың 200 ден аслам қайырылып алыў орны болса, соннан тек 146 сында жер асты ҳәм жер үсти қайырылып алыў жоллары бар, 10 мыңнан аслам пияда өтиў орынларының тек 154 и жер асты ҳәм жер үсти арқалы шөлкемлестирилген.

Сол себепли 1-октябрьге шекем Ташкент - Самарқанд - Термиз, Ташкент – Ферғана алабы, Самарқанд - Бухара жөнелисиндеги халықаралық жоллардың қәўипсизлик талапларына муўапықлығы үйрениледи.

Жылдың ақырына шекем қанша жер асты ҳәм жер үсти қайырылыўы және пиядалар өтиў орынлары, заманагөй нур қайтарыўшы жол белгилери ҳәм сызықлары керек екенлиги бойынша техникалық-экономикалық тийкар ислеп шығылады.

Келеси жылы халықаралық финанс шөлкемлеринен қаржы тартыў прогнозына бул мақсетлер ушын 200 миллион доллар киргизиледи.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

“Хавфсиз йўл” миллий дастури доирасида “Хавфсиз йўл ва хавфсиз пиёда” республика жамғармаси фаолияти қайта ташкил қилиниб, Ҳукумат бўйсунувига ўтказилади.

Ҳар бир вилоятда жамғарманинг алоҳида филиаллари бўлади.

Бу йил жамғармага барча манбалар ҳисобидан 400 миллиард сўм тушиши прогноз қилинган.

Бунга қўшимча, фото-видео радардан бюджетга тушадиган жариманинг 25 фоизи ҳам жамғарма ва унинг филиалларига йўналтирилади.

ЙҲХХ тизимидаги йўл белгилари ва светофор ўрнатиш, йўл чизиқларини чизишга масъул корхоналар ҳам вилоятга ўтказилади.

Жамғарманинг фаолияти шаффоф бўлади, унга вилоят ЙҲХБ ва йўл бошқармаси бошлиқлари, жамоатчилик вакиллари киради.

Бундан буён ушбу жамғарма маблағлари биринчи галда авария ўчоқлари бўлган хавфли участкаларни тартибга солишга йўналтирилади (йўлни ажратувчи тўсиқлар, йўл белгилари, ёритгичлар ўрнатиш, пиёда йўлаклари ташкил қилиш, чорраҳаларни рақамлаштириш).

«Қәўипсиз жол» миллий бағдарламасы шеңберинде «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық фондының жумысы қайта шөлкемлестирилип, Ҳүкимет бойсыныўына өткериледи.

Ҳәр бир ўәлаятта фондтың өз алдына филиаллары болады.

Усы жылы фондқа барлық дәреклер есабынан 400 миллиард сум түсиўи прогноз етилген.

Буған қосымша, фото-видео радардан бюджетке түсетуғын жәрийманың 25 проценти де фонд ҳәм оның филиалларына қаратылады.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасындағы жол белгилери ҳәм светофор орнатыў, жол сызықларын сызыўға жуўапкер кәрханалар да ўәлаятқа өткериледи.

Фондтың жумысы ашық-айдын болады, оған ўәлаят ЖҲҚБ ҳәм жол басқармасы баслықлары, жәмийетшилик ўәкиллери киреди.

Буннан былай бул фонд қаржылары биринши гезекте авария ошақлары болған қәўипли участкаларды тәртипке салыўға бағдарланады (жолды ажыратыўшы тосықлар, жол белгилери, жақтыландырыўшыларды орнатыў, пиядалар жолларын шөлкемлестириў, кесилиспелерди санластырыў).

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Жорий йилнинг олти ойида 20 та ҳудудда авариялар сони юқорилигича қолмоқда.

Оғир оқибатли авариялар кескин камайган туманлар кўп. Мўйноқ, Нукус, Тахтакўпир, Қонликўл, Янгиобод, Тўрақўрғон, Оққўрғон, Сайхунобод, Булоқбоши, Улуғнор, Бандихон туманлари ва Оҳангарон, Ширин, Нурафшон, Хонобод шаҳарларида вазият яхшиланиб, бирорта ўлим бўлмади.

Лекин Қизилтепа, Уйчи, Пахтачи, Чуст, Тойлоқ, Ургут, Шовот, Пастдарғом, Яккабоғ, Қўшкўпир, Хонқа, Денов, Пешку, Беруний, Олмазор, Бектемир туманларида тескари вазият.

Соҳа учун масъулларга бизда ҳар 100 минг аҳолига ўлим билан боғлиқ авариялар сони Ҳамдўстлик давлатлари ичида энг пастлиги хотиржамликка берилиш учун сабаб эмаслиги кўрсатиб ўтилди.

Афсуски, ҳар тўртинчи аварияда 1 киши ёки кунига ўртача 6 киши вафот этаётгани барчани қаттиқ ташвишга солиши керак”,

- деди Президент.

Усы жылдың алты айында 20 аймақта авариялар саны жоқарылығынша қалмақта.

Аўыр ақыбетли авариялар кескин азайған районлар көп. Мойнақ, Нөкис, Тахтакөпир, Қанлыкөл, Янгиобод, Тўрақўрғон, Аққўрғон, Сайхунобод, Булақбоши, Улуғнор, Бандихон районлары ҳәм Аҳангарон, Ширин, Нурафшон, Ханабад қалаларында жағдай жақсыланып, бирде-бир өлим болмады.

Бирақ, Қызылтепа, Уйчи, Пахтачи, Чуст, Тайлақ, Ургут, Шават, Пастдарғом, Яккабағ, Қўшкўпир, Хонқа, Денов, Пешку, Беруний, Алмазар, Бектемир районларында кери жағдай.

Тараў ушын жуўапкерлерге бизде ҳәр 100 мың халыққа өлим менен байланыслы авариялар саны Дослық Аўқамы мәмлекетлери ишинде ең төмен екенлиги арқайыншылыққа берилиў ушын себеп емес екенлиги көрсетип өтилди.

«Тилекке қарсы, ҳәр төртинши аварияда 1 адам ямаса күнине орташа 6 адам қайтыс болып атырғаны ҳәммени қатты тәшўишке салыўы керек»,

- деди Президент.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ўтган ойда ҳам ҳайдовчиларга қатор енгилликлар берилди.

Биринчи бор ҳуқуқбузарлик қилганларни жазолаш эмас, огоҳлантириш йўлга қўйилди.

Йўл чизиқларини босиш ҳолатларини камера орқали фиксация қилиш бекор қилинди.

Жамоат транспорти учун мўлжалланган тасмаларда кечқурун бошқа ҳайдовчилар ҳам юришига рухсат берилди.

Шаҳарларда йўлларни кундузи таъмирлаш тақиқланди.

Радар бор жойда йўл белгисини ўрнатиш мажбурий бўлди.

Өткен айда да автомашина басқарыўшыларға бир қатар жеңилликлер берилди.

Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислегенлерди жазалаў емес, ескертиў жолға қойылды.

Жол сызықларын басыў жағдайларын камера арқалы белгилеў бийкар етилди.

Жәмийетлик транспорт ушын мөлшерленген ленталарда кеште басқа айдаўшыларға да жүриўге рухсат берилди.

Қалаларда жолларды күндиз оңлаў қадаған етилди.

Радар бар жерде жол белгисин орнатыў мәжбүрий болды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

“Yangi O‘zbekiston” gazetasining 2025-yil 27-may kungi 106 (1432)-soni lotin yozuviga asoslangan o‘zbek alifbosida mutolaa uchun havola qilinadi.

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тақыятас районы «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Шукирилла Сапарбаев «Қыйтақ жер дәрамат дереги» деген принцип тийкарында 40 сотихлық жер майданынан мол пайда алыўды жолға қойған.

Оның егислик майданынан нәтийжели пайдаланыўы – қыйтақ жер мәдениятын қәлиплестириў бойынша өзине тән Тақыятас тәжирийбеси болды десек алжаспаған боламыз.

Тахиатош тумани «Найманкўл» овул фуқаролар йиғинида яшовчи Шукирилла Сапарбаев «Томорқа даромад манбаи» деган тамойил асосида 40 сотихлик ер майдонидан мўл фойда олишни йўлга қўйган.

Унинг экин майдонидан самарали фойдаланиши - томорқа маданиятини шакллантириш бўйича ўзига хос Тахиатош тажрибаси бўлди десак адашмаган бўламиз.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Хорижий тажриба асосида Яккасарой тумани, Андижон ва Хивада ишлаб чиқарувчиларга ҳам, инвесторларга ҳам жозибадор заргарлик марказлари очилди.

Бундай марказлар бутун республика бўйича барпо қилиниши белгиланди.

Мутасаддиларга жорий йилнинг ўзида хомашё, лаборатория, ўқув маркази, шоу-рум ва дўконлари бир жойда бўлган яна 6 та марказни ишга тушириш, хорижий дизайнер ва технологларни жалб қилиб, заргарларни ўқитиш топширилди.

Ҳамма эшитиб олсин. Заргарларнинг хомашё билан боғлиқ бирорта муаммоси бўлмаслиги керак”,

- деди Президент.

Шу мақсадда бу йил биржага чиқариладиган олтин ҳажми 6 тоннадан 8 тоннага оширилади.

Янги заргарлик марказлари ишга тушган Тошкент шаҳри, Андижон ва Хоразмда, бу йил бундай марказлар очилиши режа қилинган Бухоро, Наманган, Самарқанд ва Фарғона вилоятларида ҳамда қолган ҳудудларда эҳтиёждан келиб чиқиб олтин захираси яратилади.

Сырт ел тәжирийбеси тийкарында Яккасарай районы, Әндижан ҳәм Хийўада ислеп шығарыўшылар ушын да, инвесторлар ушын да тартымлы зергерлик орайлары ашылды.

Бундай орайлар пүткил республика бойлап қурылатуғыны белгиленди.

Жуўапкерлерге усы жылдың өзинде шийки зат, лаборатория, оқыў орайы, шоу-рум ҳәм дүканлары бир жерде болған және 6 орайды иске түсириў, сырт елли дизайнер ҳәм технологларды тартып, зергерлерди оқытыў тапсырылды.

«Ҳәмме еситип алсын. Зергерлердиң шийки зат пенен байланыслы бирде-бир машқаласы болмаўы керек»,

- деди Президент.

Усы мақсетте быйыл биржаға шығарылатуғын алтын көлеми 6 тоннадан 8 тоннаға арттырылады.

Жаңа зергерлик орайлары иске қосылған Ташкент қаласы, Әндижан ҳәм Хорезмде, быйыл бундай орайлардың ашылыўы режелестирилген Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында және қалған аймақларда талаптан келип шығып алтын резерви жаратылады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

2024 йилда заргарликда ишлаб чиқариш 200 миллион доллардан ошди, экспорт 17 фоизга ўсиб, 92 миллион долларга етди.

Шу билан бирга, мамлакатимизда йилига 100 тоннадан зиёд олтин қазиб олинаётгани билан имкониятларнинг ўндан бири ҳам ишга солинмаётгани қайд этилди.

Соҳада “хуфиёна” иқтисодиёт улуши юқори экани кўрсатиб ўтилди. Йилига 550-600 миллион долларлик буюмлар норасмий тилла бозорларида айланмоқда. Ёки, мустақил изловчилар 2020 йилда 40 килограмм олтин топширган бўлса, ўтган йили бу 100 карра камайган.

Йиғилишда соҳани “соя”дан чиқариш учун якка тадбиркорларга ҳам тилла буюмлари билан савдо қилишга рухсат бериш, заргарликда миллий бренд яратиш учун хориждан дизайнер, технолог, қимматбаҳо тошлар билан ишлайдиган геммологларни олиб келиш харажатининг бир қисмини қоплаш бўйича таклифлар билдирилди.

Давлатимиз раҳбари ушбу таклифларни маъқуллади.

2024-жылы зергерликте өндирис 200 миллион доллардан асты, экспорт 17 процентке өсип, 92 миллион долларға жетти.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде жылына 100 тоннадан аслам алтын қазып алынып атырғаны менен имканиятлардың оннан бири де иске қосылмай атырғаны атап өтилди.

Тараўда «жасырын» экономика үлеси жоқары екени көрсетип өтилди. Жылына 550-600 миллион долларлық буйымлар рәсмий емес алтын базарларында айланбақта. Ямаса, ғәрезсиз излеўшилер 2020-жылы 40 килограмм алтын тапсырған болса, өткен жылы бул 100 есеге азайған.

Мәжилисте тараўды «саядан» шығарыў ушын жеке тәртиптеги исбилерменлерге де алтын буйымлары менен саўда етиўге руқсат бериў, зергерликте миллий бренд жаратыў ушын сырт елден дизайнер, технолог, қымбат баҳалы таслар менен ислейтуғын геммологларды алып келиў қәрежетиниң бир бөлегин қаплаў бойынша усыныслар билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Мебель таннархида импорт хомашё улуши 50-60 фоизни ташкил қилмоқда. Ишлаб чиқарувчилар таннархни пасайтириш учун фурнитура, аксессуар, бўёқ, клей, ДСП каби хомашёга божни камайтиришни сўраган.

Миллий маҳсулотларимиз рақобатбардош бўлиши учун бунга розилик бераман”,

- деди Президент.

Мутасаддиларга 14 турдаги хомашё, фурнитура, аксессуар учун 3 йил муддатга импорт божини 1 фоиз этиб белгилаш бўйича қарор лойиҳасини киритиш топширилди.

Мебель учун ёғоч ва ёғоч материалларини марказлашган ҳолда олиб келиш йўлга қўйилади.

Мебельлердиң өзине түсер баҳасында импорт шийки заттың үлеси 50-60 процентти қурамақта. Ислеп шығарыўшылар өзине түсер баҳаны азайтыў ушын фурнитура, аксессуар, бояў, желим, ДСП сыяқлы шийки затқа бажыны азайтыўды сораған.

«Миллий өнимлеримиз бәсекиге шыдамлы болыўы ушын буған келисим беремен»,

- деди Президент.

Жуўапкерлерге 14 түрдеги шийки зат, фурнитура, аксессуар ушын 3 жыл мүддетке импорт бажысын 1 процент етип белгилеў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.

Мебель ушын ағаш ҳәм ағаш материалларын орайласқан ҳалда алып келиў жолға қойылады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Бугунги кунда мамлакатимизда тайёр кийим кечак, чарм-атторлик маҳсулотлари ва пойабзал ишлаб чиқарадиган 4 мингдан зиёд корхона бор.

Лекин уларни аҳолига танитиб, кенг танлов имконини берадиган, миллий маҳсулотлар бир жойда сотиладиган савдо марказлари йўқлиги кўрсатиб ўтилди.

Шу боис, фақат миллий маҳсулотлар сотиладиган “Mall of Uzbekistan” йирик савдо марказлари ишга туширилади. Бу ердаги савдо дўконлари тадбиркорларга минимал нархда ижарага берилади.

Ишчиларининг 15 фоизи эҳтиёжманд оиладан бўлган тўқимачилик ва чарм-пойабзал корхоналарига фойда солиғи 2 фоиз, ижтимоий солиқ 1 фоиз этиб белгиланган.

Эндиликда тўқимачилик ва чарм корхоналарига эҳтиёжманд одамларни ишга олиш бўйича 15 фоизли меъёр 2 баробар камайтирилади. Бундан буён имтиёз олиш учун корхонада эҳтиёжманд одамлар билан бирга ногиронлиги бор ишчилар ҳам ҳисобга олинади.

Бүгинги күнде елимизде таяр кийим-кеншек, былғары-галантерея өнимлери ҳәм аяқ-кийим ислеп шығаратуғын 4 мыңнан аслам кәрхана бар.

Бирақ, оларды халыққа таныстырып, кең таңлаў имканиятын беретуғын, миллий өнимлер бир жерде сатылатуғын саўда орайларының жоқ екенлиги көрсетип өтилди.

Сол себепли, тек ғана миллий өнимлер сатылатуғын «Mall of Uzbekistan» ири саўда орайлары иске түсириледи. Бул жердеги саўда дүканлары исбилерменлерге минимал баҳада ижараға бериледи.

Жумысшыларының 15 проценти жәрдемге мүтәж шаңарақтан болған тоқымашылық ҳәм былғары аяқ кийим кәрханаларына пайда салығы 2 процент, социаллық салық 1 процент етип белгиленген.

Енди тоқымашылық ҳәм былғары кәрханаларына жәрдемге мүтәж адамларды жумысқа алыў бойынша 15 процентлик норма 2 есеге азайтылады. Буннан былай жеңиллик алыў ушын кәрханада жәрдемге мүтәж адамлар менен бирге майыплығы бар жумысшылар да есапқа алынады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Йиғилишда таъкидланганидек, биринчи 4 ойда экспорт 20 фоизга ошди. Юқори ўсиш суръатлари асосан кимё, озиқ-овқат, мева-сабзавот, IT, туризм ва транспорт хизматлари ҳисобидан таъминланмоқда.

Лекин тўқимачилик экспорти 825 миллион доллар, яъни ўтган йилгидан 175 миллион долларга кам бўлди.

Кўпчилик сифатга ишлаётгани билан буни кўрсатиб бера олмаяпти. Биздаги маҳсулотларнинг “номи чиқмагани” учун ташқарида жуда арзон сотилаяпти. Маҳсулот сифатини кўрсатиб, уни қиммат бозорларга олиб чиқадиган энг асосий калит, бу – халқаро сертификатлар”,

- деди Президент.

Тўқимачилик соҳасидаги 1,5 мингдан зиёд йирик ва ўрта корхонадан фақат 244 тасида халқаро сертификат бор.

Савдо-саноат палатаси ҳар бир корхонага бориб, сертификат олишга кўмаклашса, қўшилган қийматни ҳам, экспортни ҳам ошириш мумкинлиги кўрсатиб ўтилди.

Шу муносабат билан Қорақалпоғистон Республикаси, Қашқадарё, Навоий Сирдарё, Сурхондарё, Хоразм вилоятларида халқаро сертификатга эга корхоналарни 20 тага етказиш, қолган ҳудудларда яна 10 тадан корхонага сертификат олишга кўмаклашиш вазифаси қўйилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, дәслепки 4 айда экспорт 20 процентке артты. Жоқары өсиў пәтлери тийкарынан химия, азық-аўқат, мийўе-овощ, IТ, туризм ҳәм транспорт хызметлери есабынан тәмийинленбекте.

Бирақ, тоқымашылық экспорты 825 миллион доллар, яғный, өткен жылғыдан 175 миллион долларға аз болды.

«Көпшилик сапаға ислеп атырғаны менен буны көрсетип бере алмай атыр. Биздеги өнимлердиң «аты шықпағаны» ушын сыртта жүдә арзан сатылып атыр. Өнимниң сапасын көрсетип, оны қымбат базарларға алып шығатуғын ең тийкарғы гилт, бул - халықаралық сертификатлар»,

- деди Президент.

Тоқымашылық тараўындағы 1,5 мыңнан аслам ири ҳәм орта кәрханадан тек ғана 244 инде халықаралық сертификат бар.

Саўда-санаат палатасы ҳәр бир кәрханаға барып, сертификат алыўға жәрдем берсе, қосымша қунды да, экспортты да арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятларында халықаралық сертификатқа ийе кәрханаларды 20 ға жеткериў, қалған аймақларда және 10 кәрханаға сертификат алыўға жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президент раислигида видеоселектор йиғилиши бошланди.

Давлатимиз раҳбари сўзининг аввалида бугунги таҳликали ва ноаниқликларга тўла шароитда ҳар бир мамлакат, аввало, энг кўп иш ўринлари яратадиган соҳаларни ҳимоялаш чораларини кўраётганини таъкидлади.

Шу муносабат билан ташқи бозордаги тебранишлар шароитида 1 миллионга яқин аҳоли ишлаётган тўқимачилик, қурилиш материаллари, мебелсозликни қўллаб-қувватлаш, иқтисодиётимизнинг яна бир “драйвери” бўлиши кутилаётган заргарлик саноатига янги суръат бағишлаш муҳимлиги қайд этилди.

Ўтган 4 ойда саноат 6,3 фоизга ўсиб, 290 триллион сўмга етди.

Бу – ҳозирги мураккаб шароитда ўз вақтида кўрилган чоралар натижаси. Лекин 29 та туманда ишлаб чиқариш 4,5 триллион сўмга камайган. Бу кичкина рақамлар эмас”,

- деди давлатимиз раҳбари.

Президент басшылығында видеоселектор мәжилиси басланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында бүгинги қәўетерли ҳәм анықсызлықларға толы шараятта ҳәр бир мәмлекет, бәринен бурын, ең көп жумыс орынларын жарататуғын тараўларды қорғаў илажларын көрип атырғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен сыртқы базардағы өзгерислер шараятында 1 миллионға шамалас пуқара ислеп атырған тоқымашылық, қурылыс материаллары, мебель ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў, экономикамыздың және бир «драйвери» болыўы күтилип атырған зергерлик санаатына жаңа пәт бағышлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өткен 4 айда санаат 6,3 процентке өсип, 290 триллион сумға жетти.

«Бул - ҳәзирги қыйын шараятта өз ўақтында көрилген илажлардың нәтийжеси. Бирақ, 29 районда өндирис 4,5 триллион сумға азайған. Бул киши санлар емес»,

- деди мәмлекетимиз басшысы.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Президент Шавкат Мирзиёев иккита мамлакат – Венгрия ва Словенияга расмий ташриф билан борди. Будапештда Туркий давлатлар ташкилотининг норасмий саммити ўтказилди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Президент Шавкат Мирзиёев еки мәмлекет - Венгрия ҳәм Словенияға рәсмий сапар менен барды. Будапештте Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити өткерилди.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент Шавкат Мирзиёев совершил два официальных визита - в Венгрию и Словению. В Будапеште состоялся неформальный саммит Организации тюркских государств.

Weekly review of the most important events: President Shavkat Mirziyoyev paid two official visits — to Hungary and Slovenia. An informal summit of the Organization of Turkic States was held in Budapest.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Шаҳарлар ва вилоятлараро жамоат транспорти қатновларини жонлантириш зарурлиги таъкидланди.

Бу йўналишдаги автобус ва микроавтобуслар учун йўловчи бошига субсидия берилади.

Автобуслар учун утилизация йиғимидан имтиёз яна уч йилга узайтирилади ва микроавтобусларга ҳам жорий қилинади.

Туристик автобус ва микроавтобуслар учун божхона божидан имтиёз уч йил давомида жамоат транспорти учун ҳам қўлланади.

Бунда, тадбиркорларга 2 та шарт қўйилади – ҳаракат графигига қатъий амал қилиш ҳамда электрон тўлов тизимига ўтиб, тушумларни шаффоф кўрсатиб бориш.

Қалалар ҳәм ўәлаятлараралық жәмийетлик транспорт қатнаўларын жанландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул жөнелистеги автобус ҳәм микроавтобуслар ушын жолаўшы басына субсидия бериледи.

Автобуслар ушын утилизация жыйымынан жеңиллик және үш жылға создырылады ҳәм микроавтобусларға да енгизиледи.

Туристлик автобус ҳәм микроавтобуслар ушын бажыхана бажысынан жеңиллик үш жыл даўамында жәмийетлик транспорт ушын да қолланылады.

Онда, исбилерменлерге 2 шәрт қойылады - ҳәрекет кестесине қатаң әмел етиў ҳәм электрон төлем системасына өтип, түсимлерди ашық-айдын көрсетип барыў.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Мамлакатимизда жамоат транспорти тизими аҳолини рози қиладиган даражада йўлга қўйилмагани кўрсатиб ўтилди.

Шаҳарлараро автобуслар график бўйича эмас, балки йўловчилари 40-50 киши бўлиб тўлганда юришга ўрганган. Чунки тадбиркорларга шаҳарлараро жамоат транспортида зарарни компенсация қилиш механизми йўлга қўйилмаган. Субсидия фақат шаҳар атрофидаги автобуслар учун бор.

Президент эндиликда ўрта ва узоқ масофага қатнайдиган жамоат транспортини ривожлантириш бўйича янги тизим жорий қилинишини айтди.

Бунинг учун Тошкент шаҳри ва вилоятлараро қатнов бўйича алоҳида ёндашув бўлади.

Мәмлекетимизде жәмийетлик транспорт системасы халықты разы ететуғын дәрежеде жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Қалалараралық автобуслар график бойынша емес, ал жолаўшылары 40-50 адам болып толғанда жүриўге үйренген. Себеби, исбилерменлерге қалалараралық жәмийетлик транспортта зыянды компенсациялаў механизми жолға қойылмаған. Субсидия тек ғана қала әтирапындағы автобуслар ушын бар.

Президент енди орта ҳәм узақ аралыққа қатнайтуғын жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша жаңа система енгизилетуғынын айтты.

Оның ушын Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлараралық қатнаў бойынша өз алдына жантасыў болады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Энг муаммоли участкаларни аҳоли ва жамоатчилик фикрини ўрганиш асосида аниқлаш мақсадида алоҳида электрон портални ишга тушириш топширилди.

Туман ҳокимлари, ички ишлар раҳбарлари ушбу порталга қаерга белги, чизиқ, пиёда йўлаги ва светофор кераклиги ҳақидаги маълумотни смета билан очиқ жойлаштиради.

Аҳоли ҳам ушбу рўйхатни тўлдириши, лойиҳаларга овоз бериши мумкин бўлади. Порталга қилинган ишларнинг видео ва фотосуратлари қўйилади, буни аҳоли баҳолайди.

Жамғарма маблағини шакллантиришда барча вилоят ва туманларнинг имконияти бир хил эмаслиги кўрсатиб ўтилди. Шу боис, жамғармага маблағларни лойиҳаларни молиялаштириш учун вилоят ва туманларга тақсимлаш ваколати берилади.

Ички йўлларни тартибга олиш учун вилоят ва туман ҳокимлари масъул бўлади.

Ең машқалалы участкаларды халық ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў тийкарында анықлаў мақсетинде өз алдына электрон порталды иске қосыў тапсырылды.

Район ҳәкимлери, ишки ислер басшылары бул порталға қай жерге белги, сызық, пиядалар жолы ҳәм светофор керек екенлиги ҳаққындағы мағлыўматты смета менен ашық жайластырады.

Халық та бул дизимди толықтырыўы, жойбарларға даўыс бериўи мүмкин болады. Порталға исленген жумыслардың видео ҳәм фотосүўретлери қойылады, буны халық баҳалайды.

Фондтың қаржысын қәлиплестириўде барлық ўәлаят ҳәм районлардың имканияты бирдей емес екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, фондқа қаржыларды жойбарларды қаржыландырыў ушын ўәлаят ҳәм районларға бөлистириў ўәкиллиги бериледи.

Ишки жолларды тәртипке салыў ушын ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери жуўапкер болады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қаерда ҳоким ва ЙҲХХ биргаликда йўл инфратузилмаси билан жиддий шуғулланса, ўша ерда ўзгариш кузатилаётгани қайд этилди.

Мисол учун, Чустдан ўтган Д-105 Фарғона ҳалқа йўлининг 6 километрига муҳофаза тўсиқлари ўрнатилгани учун бу йил ўлим билан боғлиқ авария бўлмади (илгари бу йўлда йилига 10 нафар одам вафот этарди).

Президент топшириғига кўра, халқаро ва давлат аҳамиятидаги йўллар ҳолати ўрганилди.

1 минг 557 километр йўлларда бетон ва темир тўсиқлар, 967 километр тротуар, 38 мингта йўл белгиси етишмаслиги аниқланди.

Шу муносабат билан Президентимиз йўл инфратузилмасини яхшилаш орқали аварияларни камайтириш бўйича “Хавфсиз йўл” миллий дастури бошланишини эълон қилди.

Қай жерде ҳәким ҳәм ЖПХ биргеликте жол инфраструктурасы менен қатаң шуғылланса, сол жерде өзгерис бақланып атырғаны атап өтилди.

Мысал ушын, Чусттен өткен Д-105 Ферғана айланба жолының 6-километрине қорғаныў тосықлары орнатылғаны себепли быйыл өлим менен байланыслы авария болмады (бурын бул жолда жылына 10 адам қайтыс болатуғын еди).

Президент тапсырмасына муўапық, халықаралық ҳәм мәмлекетлик әҳмийетке ийе жоллардың жағдайы үйренилди.

1 мың 557 километр жолларда бетон ҳәм темир тосықлар, 967 километр тротуар, 38 мың жол белгиси жетиспеўшилиги анықланды.

Усы мүнәсибет пенен Президентимиз жол инфраструктурасын жақсылаў арқалы аварияларды азайтыў бойынша «Қәўипсиз жол» миллий бағдарламасының басланатуғынын жәриялады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Шу билан бирга, давлатимиз раҳбари соҳада ўз ечимини кутаётган масалалар кўплигини қайд этди.

Мамлакатимизда йўл-транспорт ҳодисалари оқибатидаги зарар ялпи ички маҳсулотга нисбатан ўртача 0,4 фоизни ташкил қилаётгани кўрсатиб ўтилди.

Ўтган йили 9 минг 364 та йўл-транспорт ҳодисаси содир бўлган. Ушбу мудҳиш ҳодисаларда қарийб 9 минг фуқаро жароҳат олган.

Энг ачинарлиси, авариялар туфайли 2 минг 203 нафар одам ҳалок бўлган. Энг кўп ўлим ҳолатлари Самарқанд, Тошкент ва Фарғона вилоятларида.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы тараўда өз шешимин күтип атырған мәселелер көп екенлигин атап өтти.

Мәмлекетимизде жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетиндеги зыян жалпы ишки өнимге салыстырғанда орташа 0,4 процентти қурап атырғаны көрсетип өтилди.

Өткен жылы 9 мың 364 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Бул аянышлы ҳәдийселерде дерлик 9 мың пуқара жарақат алған.

Ең ашынарлысы, авариялар себепли 2 мың 203 адам қайтыс болған. Ең көп өлим жағдайлары Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

“Янги Ўзбекистон” газетасининг 2025 йил 27 май кунги 106 (1432)-сони кирилл ёзувига асосланган ўзбек алифбосида мутолаа учун ҳавола қилинади.

Telegram | Facebook | YUZ">YouTube | Instagram

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси IТ тараўында оқыўды қәлеўшилер ушын 10 грант орынларын ажыратады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм IТ Парк Қарақалпақстанлы жасларды қоллап қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан көлеминде жәрияланған 21- school мектеби таңлаўынан табыслы өткен 10 жасқа Самарқанд ўәлаятында жасаў ҳәм оқыўды толық қаплаўшы грант қаржылары ажыратылады.

Бул баслама республикамыздағы қәбилетли жаслардың IТ көнликпелерин раўажландырыў ҳәм санлы технологиялар тараўында бәсекиге шыдамлы кадрларды жетилистирип шығарыўға қаратылған.

Таңлаўда қатнасыў ушын дизимнен өтиў 28-майға шекем даўам етеди.

Арза жибериў ушын силтеме: 21-school.uz

IT тараўында маман кадр болып жетилисип шығыўды мақсет еткен ҳәм умтылыўшаң талабанларды бул имканияттан пайдаланып, келешекке қәдем қойыўға шақырамыз.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси IT соҳасида ўқишни хоҳловчилар учун 10 грант ўринларини ажратади

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси ва IT Park Қорақалпоғистонлик ёшларни қўллаб-қувватлаш мақсадида Ўзбекистон миқёсида эълон қилинган 21-мактаб танловидан муваффақиятли ўтган 10 нафар ёшга Самарқанд вилоятида яшаш ва ўқишни тўлиқ қопловчи грант маблағлари ажратилади.

Ушбу ташаббус республикамиздаги иқтидорли ёшларнинг IT кўникмаларини ривожлантириш ва рақамли технологиялар соҳасида рақобатбардош кадрларни етиштириб чиқаришга қаратилган.

Танловда иштирок этиш учун рўйхатдан ўтиш 28 майгача давом этади.

Ариза юбориш учун ҳавола: 21-school.uz

IT соҳасида малакали кадр бўлиб етишишни мақсад қилган ва интилувчан номзодларни ушбу имкониятдан фойдаланиб, келажакка қадам қўйишга чақирамиз.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Нөкис қаласында Белбеўли гүрес бойынша Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи

Усы жылдың 28-31- май күнлери Нөкис қаласында спорттың Белбеўли гүрес түринен жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Белбеўли гүрес спорт түри бойынша Жәҳән ҳәм Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәрте өткерилмекте.

Чемпионатқа 20 дан аслам мәмлекеттен келген ҳәм елимиздиң 200 ден аслам спортшылары қатнасады.

Мәнзил: Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектеби (Манеж).

Нукус шаҳрида Белбоғли кураш бўйича Жаҳон ва Осиё чемпионати баҳслари ўтказилади

Жорий йилнинг 28-31 май кунлари Нукус шаҳрида спортнинг Белбоғли кураш тури бўйича ўсмирлар ва қизлар ўртасида Жаҳон ва Осиё чемпионати баҳслари бўлиб ўтади.

Маълумот ўрнида айтиш керак, Белбоғли кураш спорт тури бўйича Жаҳон ва Осиё чемпионати баҳслари Қорақалпоғистон Республикасида биринчи марта ўтказилмоқда.

Чемпионатга 20 дан ортиқ давлатдан келган ва юртимизнинг 200 дан ортиқ спортчилари иштирок этади.

Манзил: Нукус шаҳри 1-сонли спорт мактаби (Манеж).


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Эндиликда заргарлар ҳам якка тадбиркор сифатида тилла буюмлари савдоси билан шуғулланиши мумкин бўлади.

Мутасаддиларга жойлардаги норасмий заргарлик расталарини замонавий кўринишга келтириб, уларнинг фаолиятини қонунийлаштириш топширилди.

Четдан мутахассис олиб келиш харажатининг 2,5 минг долларгача қисми камида 5 нафар шогирд чиқариш шарти билан қоплаб берилади.

Умуман, заргарликда ҳам саноат усулига ўтиб, ички бозорни ҳимоя қилиш ва миллий брендларни қўллаб-қувватлаш вақти келгани қайд этилди.

Бунинг учун заргарлик саноатида ишлатиладиган ускуналар ва уларни бутловчи қисмлари импорт божидан озод қилинади.

Навоий ва Олмалиқ комбинатларидан олтинни бўлиб тўлаш асосида сотиб олиш тартиби яна 3 йилга узайтирилади.

Нуфузли брендлар билан ҳамкорликни йўлга қўйиб, уларнинг дизайни ва қолипини олиб келиш харажатининг 30 минг долларгача қисми қоплаб берилади.

Енди зергерлер де жеке исбилермен сыпатында алтын буйымлар саўдасы менен шуғылланыўы мүмкин болады.

Жуўапкерлерге орынлардағы рәсмий емес зергерлик расталарын заманагөй көриниске келтирип, олардың жумысын нызамластырыў тапсырылды.

Сырттан қәниге алып келиў қәрежетиниң 2,5 мың долларға шекемги бөлеги кеминде 5 шәкирт шығарыў шәрти менен қаплап бериледи.

Улыўма, зергерликте де санаат усылына өтип, ишки базарды қорғаў ҳәм миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў ўақты келгени атап өтилди.

Буның ушын зергерлик санаатында пайдаланылатуғын үскенелер ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери импорт бажысынан азат етиледи.

Наўайы ҳәм Алмалық комбинатларынан алтынды бөлип төлеў тийкарында сатып алыў тәртиби және 3 жылға создырылады.

Абырайлы брендлер менен бирге ислесиўди жолға қойып, олардың дизайны ҳәм үлгисин алып келиў қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлеги қаплап бериледи.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ўтган йили мебель экспорти 20 миллион долларга етди. Сифат, дизайн ва брендга эътибор қаратилса, мавжуд қувватларнинг ўзида экспорт ҳозиргидан 10 карра ошиши мумкинлиги кўрсатиб ўтилди.

Шу боис, мебелчиларга халқаро сертификат олиш харажати ҳамда хориждан жалб қилинган дизайнер, маркетолог, инженер-технологлар иш ҳақининг ярми қоплаб берилади.

Халқаро кўргазмаларда ижара пули компенсация қилинадиган майдон ҳозирги 20 квадратдан 40 квадрат метрга оширилади.

Мутасаддиларга малакали мутахассисларни жалб қилиб, йилига 1 минг нафар мебель усталарини замонавий кўникмаларга ўқитишни йўлга қўйиш топширилди.

Өткен жылы мебель экспорты 20 миллион долларға жетти. Сапалық, дизайн ҳәм брендке итибар қаратылса, бар қуўатлықлардың өзинде экспорт ҳәзиргиден 10 есеге артыўы мүмкин екени көрсетип өтилди.

Соның ушын, мебельшилерге халықаралық сертификат алыў қәрежети және сырт елден тартылған дизайнер, маркетолог, инженер-технологлар мийнет ҳақысының ярымы қаплап бериледи.

Халықаралық көргизбелерде ижара пулы компенсацияланатуғын майдан ҳәзирги 20 квадрат метрден 40 квадрат метрге арттырылады.

Жуўапкерлерге маман қәнигелерди тартып, жылына 1 мың мебель устасын заманагөй көнликпелерге оқытыўды жолға қойыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ўтган йилнинг ўзида мебелсозлик йўналишида 920 та янги корхона иш бошлади. Соҳада 6 триллион 700 миллиард сўмлик маҳсулот ишлаб чиқарилди.

Буни каррасига ошириш учун қатор масалаларни ҳал қилиш зарур. Масалан, мебель маҳсулотларининг 25-30 фоизи хонадонларда тайёрланаяпти. Уйдаги ишлаб чиқаришдан саноат босқичига ўтишга интилаётган мебелсозлар кўп.

Шу боис, якка тартибдаги тадбиркорларга 5 нафаргача ишчи олиб, мебель ишлаб чиқаришга рухсат берилади. Ушбу фаолиятни бошлаш, кенгайиш истагида юрган ёш тадбиркорларга 7 йилга 5 миллиард сўмгача 18 фоизли кредит ажратилади.

Олтинкўл ва Хонқадаги “Мебелчилик маркази”да 100 дан зиёд корхона замонавий ускуналар ўрнатиб, мебель ишлаб чиқармоқда. Олдин уйидаги тор жойда мебель ясаган тадбиркорлар ҳозир яхлит комплексга жойлашиб, кластер тизимида ишлаяпти.

Шароф Рашидов, Янги Наманган, Пастдарғом, Ўртачирчиқ, Қува, Бувайда, Юнусобод ва Учтепада ҳам Хонқа тажрибаси асосида мебелчилик марказларини ишга тушириш топширилди.

Өткен жылдың өзинде мебель ислеп шығарыў бағдарында 920 жаңа кәрхана жумыс баслады. Тараўда 6 триллион 700 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды.

Буны еселеп арттырыў ушын бир қатар мәселелерди шешиў зәрүр. Мәселен, мебель өнимлериниң 25-30 проценти үйлерде таярланбақта. Үйдеги ислеп шығарыўдан санаат басқышына өтиўге умтылып атырған мебель ислеп шығарыўшылар көп.

Сол себепли жеке тәртиптеги исбилерменлерге 5 адамға шекем жумысшы алып, мебель ислеп шығарыўға рухсат бериледи. Усы жумысты баслаў, кеңейиў нийетинде жүрген жас исбилерменлерге 7 жылға 5 миллиард сумға шекем 18 процентлик кредит ажыратылады.

Алтынкөл ҳәм Ханқадағы «Мебелшилик орайы»нда 100 ден аслам кәрхана заманагөй үскенелер орнатып, мебель ислеп шығармақта. Алдын үйиндеги тар жерде мебель ислеген исбилерменлер ҳәзир бир пүтин комплекске жайласып, кластер системасында ислемекте.

Шараф Рашидов, Янги Наманган, Пастдарғом, Ўрта Чирчиқ, Қува, Бувайда, Юнусабад ҳәм Ўчтепада да Хонқа тәжирийбеси тийкарында мебель ислеп шығарыў орайларын иске қосыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Миллий брендларни кўпайтириш, мавжудларини халқаро даражага олиб чиқиш бўйича ҳам янги тизим жорий қилиниши белгиланди.

Миллий брендларни қўллаб-қувватлаш компанияси ташкил қилинади. Ушбу компания:

- хориждан бренд-менежер, дизайнер, маркетолог, пиар-менежерларни олиб келади;

- халқаро сертификати бор, сифати юқори ва ташқи бозорда рақобатбардош бўлган камида 50 та миллий маҳсулотни танлаб олади;

- уларга сифат белгисини бериб, брендини дунёга танитиш учун катта тарғибот кампаниясини бошлайди.

Миллий брендлерди көбейтиў, барларын халықаралық дәрежеге алып шығыў бойынша да жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.

Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи. Бул компания:

- сырт елден бренд-менеджер, дизайнер, маркетолог, пиар-менеджерлерди алып келеди;

- халықаралық сертификатқа ийе, сапалы ҳәм сыртқы базарда бәсекиге шыдамлы болған кеминде 50 миллий өнимди таңлап алады;

- оларға сапа белгисин берип, брендин дүньяға танытыў ушын үлкен үгит-нәсиятлаў кампаниясын баслайды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президентимиз таъкидлаганидек, саноат, экспорт ва тушум бўйича “республика – тармоқ – вилоят – туман” вертикал тизимидаги масалалар ўз вақтида ва тўлиқ ҳал қилинганида саноатда яна 2 фоизлик ўсишга эришиш мумкин эди.

Масалан, ўтган 4 ойда Пайариқда саноат қарийб 2 бараварга, Пахтачида 38 фоизга пасайгани оқибатида ишлаб чиқариш 210 миллиард сўмга камайди.

Пойтахт саноатининг учдан бирини берадиган Сергели ва Яшнободда 300 миллиард сўмлик маҳсулот кам ишлаб чиқарилгани боис Тошкент шаҳри саноатида 1,1 фоиз ўсиш бой берилди.

Ўртачирчиқ, Қибрай, Паркент, Оҳангарон туманлари, Ангрен, Бекобод шаҳарларидаги 25 та ҳудудий корхона ўтган йилгидан 1 триллион сўмга кам маҳсулот чиқаргани боис, 30 миллион доллар экспорт йўқотилди.

Ёки январь-март ойларида саноатда ўсиш қилган Қарши, Миришкор, Булунғур, Данғара, Ўзбекистон, Хива туманлари апрелга келиб кўрсаткичларини кескин тушириб юборган.

Шу муносабат билан уч кун муддатда “республика – тармоқ – вилоят – туман” вертикали бўйича ҳар бир масалани тезкор ҳал қилиш учун республикадан аниқ масъулларни белгилаш ва жойларга юбориш топширилди.

Вертикал бўйича қайси бўғинда муаммо ечилмаса, ўша тизим масъулларидан сўров қаттиқ бўлиши ҳақида огоҳлантирилди

Президентимиздиң атап өткениндей, санаат, экспорт ҳәм түсим бойынша «республика - тармақ - ўәлаят – район» вертикал системасындағы мәселелер өз ўақтында ҳәм толық шешилгенде санаатта және 2 процентлик өсиўге ерисиў мүмкин еди.

Мәселен, өткен 4 айда Паяриқта санаат дерлик 2 есеге, Пахташыда 38 процентке төменлегени ақыбетинде ислеп шығарыў 210 миллиард сумға азайды.

Пайтахт санаатының үштен бирин беретуғын Сергели ҳәм Яшнабадта 300 миллиард сумлық өним аз ислеп шығарылғаны себепли Ташкент қаласы санаатында 1,1 процент өсиў қолдан шығарылды.

Орта Чирчиқ, Қибрай, Паркент, Оҳангарон районлары, Ангрен, Бекабад қалаларындағы 25 аймақлық кәрхана өткен жылға салыстырғанда 1 триллион сумға аз өним ислеп шығарғаны себепли, 30 миллион доллар экспорт жоғалтылды.

Ямаса январь-март айларында санаатта өсиў болған Қаршы, Миришкор, Булунғур, Данғара, Өзбекстан, Хийўа районлары апрельге келип көрсеткишлерин кескин түсирип жиберген.

Усы мүнәсибет пенен үш күн мүддетте «республика - тармақ - ўәлаят – район» вертикали бойынша ҳәр бир мәселени жедел шешиў ушын республикадан анық жуўапкерлерди белгилеў ҳәм орынларға жибериў тапсырылды.

Вертикал бойынша қайсы буўында машқала шешилмесе, сол система жуўапкерлеринен сораў қатты болыўы ҳаққында ескертилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида маҳаллий саноатни ривожлантириш бўйича келгусидаги устувор вазифалар юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында жергиликли санаатты раўажландырыў бойынша алдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Реформалар əмелде: Тақыятаста ири фабрика қурып питкерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға көмеклесиў ушын Сурхандәрья ўәлаяты бириктирилген еди.

Ўәлаят ҳәкимлиги басшылығында сурхандәрьялы исбилерменлер ҳәм Тақыятас районы жуўапкерлери тәрепинен улыўма баҳасы 7 млрд. сумлық трикотаж ҳәм тигиўшилик өнимлерин ислеп шығарыў фабрикасын шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта кәрханада жергиликли 200 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленбекте.

Ислоҳотлар амалда: Тахиатошда йирик фабрика қуриб битказилди

Ҳурматли Президентимиз топшириғи билан Тахиатош туманини ижтимоий-иқтисодий ривожлантиришга кўмаклашиш учун Сурхондарё вилояти бириктирилган эди.

Вилоят ҳокимлиги раҳбарлигида сурхондарёлик тадбиркорлар ва Тахиатош тумани масъуллари томонидан умумий қиймати 7 млрд. сўмлик трикотаж ва тикувчилик маҳсулотларини ишлаб чиқариш фабрикасини ташкил этиш лойиҳаси амалга оширилди. Айни пайтда корхонада маҳаллий 200 та хотин-қизларнинг бандлиги таъминланмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…
Subscribe to a channel