Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ўзбекистон Президентининг Кувайтга тарихий ташрифи. Саудия Арабистони умра ва ҳаж ишлари вазири бошчилигидаги делегация билан учрашув. Шавкат Мирзиёев Мудофаа саноати агентлигининг Инновацион технологиялар марказини бориб кўрди.
—
Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Өзбекстан Президентиниң Кувейтке тарийхый сапары. Ҳаж ҳәм умра ислери министри басшылығындағы Саудия Арабстаны делегациясы менен ушырасыў. Шавкат Мирзиёев Қорғаныў санааты агентлигиниң Инновациялық технологиялар орайында болды.
—
Обзор важнейших событий за неделю: Исторический визит Президента Узбекистана в Кувейт. Встреча с делегацией Саудовской Аравии во главе с министром по делам хаджа и умры. Шавкат Мирзиёев посетил Центр инновационных технологий Агентства оборонной промышленности.
—
Weekly review of the most important events: Historical visit of Uzbekistan’s President to Kuwait. A meeting with a Saudi delegation led by Minister of Hajj and Umrah. Shavkat Mirziyoyev visits the Defense Industry Agency’s Center of Innovative Technologies.
Facebook|Instagram|X
Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Кегейли районында көше бийлери менен пикирлести
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Бердибек Сейтназаров Кегейли районында болып, район сектор басшылары менен биргеликте Мәденият, Нурлы бостан МПЖ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ҳәм Қумшүнгил аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы мәҳәлле жетилиги ҳәм көше бийлери менен ушырасты.
Толық оқыў
—
Жўқорғи Кенгес қўмита раиси Кегейли туманида кўча бошилари билан мулоқот қилди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг қўмита раиси Бердибек Сейтназаров Кегейли туманида бўлиб, туман сектор раҳбарлари билан биргаликда Мәденият, Нурлы бостан МФЙ ҳәм Абат, Ақтуба, Жаңабазар ва Қумшүнгил овул фуқаролар йиғинлари ҳудудидаги маҳалла еттилиги ва кўча оқсоқоллари билан учрашди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Халықты социаллық қорғаў системасы және де жетилистириледи
«Халықты социаллық қорғаў системасын қаржыландырыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-17-санлы) қабыл етилди.
🔰Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден:
1️⃣«Социаллық дәптерлер» фондлары арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдемлер Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, турақ жай шараятларын жақсылаў ҳәм денсаўлықты сақлаў бойынша социаллық жәрдемлер болса - айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған шаңарақларға да усынылады.
❕Бунда мәдений-ағартыўшылық, билимлендириў, спорт ҳәм туризм илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» фондлары түсимлериниң 25 проценттен көп болмаған бөлегин қаратыўға рухсат бериледи;
2️⃣ «Социаллық дәптерлер» фондлары арқалы социаллық жәрдемлер төмендеги тәртипте көрсетиледи:
🔹шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша индивидуал режеде кәмбағал шаңарақлардың жаслары ҳәм ҳаял-қызларына белгили социаллық жәрдемлердиң белгилениўи усы категориядағы шахслардан қосымша мүрәжат талап етпеген ҳалда «Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады;
🔹»Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан социаллық жәрдем көрсетиўди сорап мүрәжат еткен шахслардың социаллық жағдайын анықлаў «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы, шаңарақтың финанслық жағдайын болса - мәкемелераралық мәлимлеме алмасыўы арқалы автоматикалық тәризде баҳалаў (скоринг) нәтийжелерине муўапық әмелге асырылады.
—
❗️Аҳолини ижтимоий ҳимоя қилиш тизими янада такомиллаштирилади
“Аҳолини ижтимоий ҳимоя қилиш тизимини молиялаштириш тартиб-таомилларини такомиллаштириш тўғрисида”ги Президент Фармони (ПФ-17-сон) қабул қилинди
🔰Фармонга кўра, 2025 йил 1 апрелдан:
1️⃣ “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари орқали кўрсатиладиган ижтимоий ёрдамлар Камбағал оилалар реестрига киритилган оилаларга, уй-жой шароитларини яхшилаш ва соғлиқни сақлаш бўйича ижтимоий ёрдамлар эса – ойлик даромади оила аъзоларининг ҳар бирига минимал истеъмол харажатлари миқдорининг 2 бараваридан кўп бўлмаган оилаларга ҳам тақдим этилади.
❕Бунда маданий-маърифий, таълим, спорт ва туризм тадбирларини ташкил этиш ва ўтказишга “Аёллар дафтари” ва “Ёшлар дафтари” жамғармалари тушумларининг 25 фоизидан кўп бўлмаган қисмини йўналтиришга рухсат берилади;
2️⃣ “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари орқали ижтимоий ёрдамлар қуйидаги тартибда кўрсатилади:
🔹оилаларни камбағалликдан чиқариш бўйича индивидуал режада камбағал оилаларнинг ёшлари ва хотин-қизларига муайян ижтимоий ёрдамларнинг белгиланиши ушбу тоифадаги шахслардан қўшимча мурожаат талаб этмаган ҳолда “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан ижтимоий ёрдамлар кўрсатилишига асос бўлади;
🔹“Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан ижтимоий ёрдам кўрсатишни сўраб мурожаат қилган шахсларнинг ижтимоий ҳолатини аниқлаш “Ягона миллий ижтимоий ҳимоя” ахборот тизими орқали, оиланинг молиявий ҳолатини эса – идоралараро ахборот алмашинуви орқали автоматик равишда баҳолаш (скоринг) натижаларига мувофиқ амалга оширилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылына мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди
«Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
️🔰Пәрманға муўапық, «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылында мәмлекет раўажланыўының баслы көзқараслары етип төмендегилер белгиленди, атап айтқанда:
🔹мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;
🔹халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў;
🔹тәбийий ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;
🔹өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў;
🔹"жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў;
🔹республика энергобалансында қайта тиклениўши энергия үлесин арттырыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында ири «жасыл энергия» станцияларын қурыў, аймақларда киши ҳәм микро гидроэлектр станциялары тармағын кеңейтиў, пуқаралардың үйлеринде қуяш панельлерин орнатыўды хошаметлеў.
—
❗️ “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилига мўлжалланган давлат дастури қабул қилинди
“Ўзбекистон – 2030” стратегиясини “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилида амалга оширишга оид давлат дастури тўғрисида"ги Президент Фармони қабул қилинди.
🔰 Фармонга кўра, “Атроф-муҳитни асраш ва “яшил иқтисодиёт” йилида мамлакат ривожланишининг устувор ёндашувлари этиб қуйидагилар белгиланди, жумладан:
🔹маҳаллаларнинг экологик қиёфасини яхшилаш, кўчаларда яшиллик даражасини ошириш, экологик жиҳатдан қулай ва фаровон яшаш муҳитини шакллантириш;
🔹аҳолининг саломатлигини яхшилаш, экологик турмуш тарзини шакллантириш ва инсон салоҳиятини рўёбга чиқариш учун шарт-шароитларни яратиш;
🔹табиий ресурсларни тежаш ва улардан оқилона фойдаланиш, экологик барқарорликни таъминлаш;
🔹ўсимлик ва ҳайвонот дунёсини асраш, кўпайтириш ва кейинги авлодга етказиш ҳамда биологик хилма-хилликни сақлаш;
🔹“яшил иқтисодиёт” тамойилларини кенг жорий қилиш, иқтисодиётни иқлим ўзгаришига мослаштиришга қаратилган лойиҳаларни барқарор молиялаштириш;
🔹республика энергобалансида қайта тикланувчи энергия улушини ошириш, шу жумладан, давлат-хусусий шериклик асосида йирик “яшил энергия” станцияларини барпо этиш, ҳудудларда кичик ва микро гидроэлектр станциялари тармоғини кенгайтириш, аҳоли хонадонларида қуёш панелларини ўрнатишни рағбатлантириш.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди.
Усы пәрман менен:
Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳалап, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўына рухсат етилди.
✅ Атап айтқанда:
▪️Халқ банк 49 дана,
▪️Бизнести раўажландырыў банк 28 дана,
▪️Микрокредитбанк 7 дана,
▪️Миллий банк 5 дана,
▪️Санаатқурылысбанк 4 дана,
▪️Асака банк 2 дана,
▪️Алоқа банк 1 дана
▪️Туран банк 1 дана;
🔹Нөкис қаласы 28 дана,
🔹Қоңырат районы 9 дана,
🔹Тақыятас 9 дана,
🔹Хожели 9 дана,
🔹Елликқала 8 дана,
🔹Қанлыкөл 5 дана,
🔹Нөкис район 5 дана,
🔹Шымбай 5 дана,
🔹Беруний 3 дана,
🔹Бозатаў 3 дана,
🔹Мойнақ 3 дана,
🔹Əмиўдəрья 2 дана,
🔹Кегейли 2 дана,
🔹Қараөзек 2 дана,
🔹Төрткүл 2 дана,
🔹Шоманай 2 дана объектлер электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылмақта.
☎️ Мағлыўмат ушын тел:
Халқ банк (97) 650-55-00;
Бизнести раўажландырыў банк (97) 788-68-86;
Микрокредитбанк (91) 270-89-89;
Миллий банк (97) 789-05-50;
Санаатқурылысбанк (91) 266-96-69;
Асака банк (97) 059-11-31;
Алоқа банк (97) 220-12-10;
Туран банк (90) 701-87-87.
—
Ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистон Республикасини комплекс ривожлантириш, тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш ва аҳолининг фаровон турмушини таъминлаш борасидаги яна бир алоҳида муҳим фармони қабул қилинди.
Ушбу фармон билан:
Тижорат банклари балансидаги мулк объектларини бозор қийматида қайта баҳолаб, 10 йил давомида бўлиб-бўлиб тўлаш шарти билан электрон онлайн аукцион савдоларига чиқаришга рухсат берилди.
✅ Хусусан:
▪️Халқ банки 49 дона,
▪️Бизнесни ривожлантириш банки 28 та,
▪️Микрокредитбанк 7 дона,
▪️Миллий банк 5 дона,
▪️Саноатқурилишбанк 4 дона,
▪️Асака банк 2 дона,
▪️Алоқа банк 1 дона
▪️Турон банк 1 дона;
🔹Нукус шаҳри 28 та,
🔹Қўнғирот тумани 9 та,
🔹Тахиатош 9 дона,
🔹Хўжайли 9 та,
🔹Элликқалъа 8 та,
🔹Қонликўл 5 та,
🔹Нукус тумани 5 та,
🔹Чимбой 5 та,
🔹Беруний 3 та,
🔹Бўзатов 3 дона,
🔹Мўйноқ 3 дона,
🔹Амударё 2 дона,
🔹Кегейли 2 дона,
🔹Қораўзак 2 дона,
🔹Тўрткўл 2 дона,
🔹Шуманай 2 та объектлар электрон онлайн аукцион савдоларига чиқарилиб сотилмоқда.
️ Маълумот учун телефон:
Халқ банки (97) 650-55-00;
Бизнесни ривожлантириш банки (97) 788-68-86;
Микрокредитбанк (91) 270-89-89;
Миллий банк (97) 789-05-50;
Саноатқурилишбанк (91) 266-96-69;
Асака банк (97) 059-11-31;
Алоқа банк (97) 220-12-10;
Турон банк (90) 701-87-87;
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
📊 Қарақалпақстанда жоқары кѳрсеткишке ийе исбилерменлердиӊ саны артып атыр
Ҳүрметли Президентимиздиң 39-санлы (23.01.2024-ж.) қарары менен 2024-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» енгизилген болып, онда өткен жылдың апрель айында Қарақалпақстан бойынша «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми исбилерменлердиң саны 10 ға да жетпейтуғын еди.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм республикамызда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар бүгинги күнге келип өз нәтийжесин берип атыр ҳәм исбилерменлердиң саны артыўына тийкар болып хызмет етпекте.
❗️Бүгинги күнге келип, бир жылға шамалас ўақыт ишинде жоқары категорияға (ААА) ийе исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти. Қарақалпақстанға өз-алдына берилген жеңилликлер тийкарында жоқары көрсеткишлердеги исбилерменлер саны еле де көбейеди.
Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:
• «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
• «АА» категориясына ийе жәми 244;
• «А» катергориясына ийе жәми 279;
• «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
• «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
• «В» катергориясына ийе жәми 2534;
• «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
• «СС» категорияға ийе жәми 6072;
• «С» категорияға ийе жәми 4291;
• «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.
❗️Ҳүрметли исбилерменлер!
Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.
🌐 Веб-сайт силтемеси: https://chamber.uz/contractor-rating
Ўзб
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.
Толық оқыў
—
Жўқорғи Кенгес Раиси чорвачилик фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев чорвачилик соҳасини янада ривожлантириш, соҳада ўз ечимини кутаётган масалалар бўйича фикр ва таклифларни эшитиш мақсадида фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон уруши қатнашчиларини рағбатлантириш тўғрисида"ги Фармони
—
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында"ғы Пәрманы
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Кегейли районында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды
Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары менен 2024-жылға мөлшерленген "Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў" бағдарламасына тийкар республикамызда кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.
Бағдарламаға муўапық, Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2,5 млрд. сум қаржы тийкарында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
—
Кегейли туманида аҳолини тоза ичимлик суви билан таъминловчи янги бино фойдаланишга топширилди
Ҳурматли Президентимизнинг 404-сон қарори билан 2024 йилга мўлжалланган "Ижтимоий ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш" дастурига асосан республикамизда кенг кўламли қурилиш-таъмирлаш ишлари олиб борилди.
Дастурга мувофиқ, Кегейли тумани «Қумшунгул» ОФЙ ҳудудида 2,5 млрд. сўм маблағ асосида аҳолини тоза ичимлик суви билан таъминловчи янги бино қуриб битказилиб, фойдаланишга топширилди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Тайынлаў
Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары-аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.
Т.Султанов тайынлаўға шекем Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.
—
Тайинлов
Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қўнғирот тумани ҳокимининг қишлоқ ва сув хўжалиги масалалари бўйича ўринбосари - қишлоқ хўжалиги бўлими бошлиғи лавозимига тайинланди.
Т.Султанов тайинловга қадар Қўнғирот тумани Қишлоқ хўжалиги бўлими бошлиғи лавозимида фаолият юритган.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Давлатимиз раҳбари Ал-Кувайт шаҳридаги "Ас-Салом" сарой-музейида бўлди
—
Мәмлекетимиз басшысы Ал-Кувейт қаласындағы "Ас-Салам" сарай-музейинде болды.
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлер менен пикирлести
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Шымбай районында Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Онда экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, 2025-жылда әмелге асырылатуғын бағдарламалар шеңберинде жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў арқалы жумыс орынларын жаратыў, бул бағдарда исбилерменлердиң машқалаларына шешим табыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуаўтлаў бойынша жақыннан пикирлесилди.
Толық оқыў
—
Жўқорғи Кенгес Раиси Чимбой ва Кегейли туманларидаги тадбиркорлар билан мулоқот қилди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида Чимбой туманида Чимбой ва Кегейли туманларидаги тадбиркорларни қийнаб келаётган муаммолар ва таклифларини эшитиш мақсадида учрашув ўтказилди.
Унда экспортёр корхоналарга амалий ёрдамлар кўрсатиш, 2025 йилда амалга ошириладиган дастурлар доирасида янги инвестицион лойиҳаларни ишга тушириш орқали иш ўринлари яратиш, бу борада тадбиркорларнинг муаммоларига ечим топиш ва ҳар томонлама қўллаб-қувватлаш бўйича яқиндан фикр алмашилди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Малайзияга расмий ташрифи доирасидаги тадбирлар якунланди. Аэропортда олий мартабали меҳмонни Малайзия таълим вазири Замбри Абдулқодир ва бошқа расмий шахслар кузатиб қўйди. Давлатимиз раҳбари Тошкентга жўнаб кетди.
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Малайзияға рәсмий сапары шеңбериндеги илажлар жуўмақланды. Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Малайзия билимлендириў министри Замбри Абдулқодир ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.
#Mirziyoyev #tashrif #Malayziya
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Малайзия Бош вазири Анвар Иброҳим «Petronas” корпорациясининг бош қароргоҳи - "Twin Towers" биносига ташриф буюриб, компания президенти Муҳаммад Тавфиқ билан учрашув ўтказди.
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим "Петронас" корпорациясының бас резиденциясы - "Тўин Тоўерс" имаратына барып, компания президенти Муҳаммад Тавфиқ пенен ушырасыў өткерди.
#Mirziyoyev #tashrif #Malayziya #Petronas
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев ва Малайзия Бош вазири Анвар Иброҳим Куала-Лумпур шаҳрида қўшма бизнес форумида иштирок этдилар.
—
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим Куала-Лумпур қаласында қоспа бизнес форумында қатнасты.
#Mirziyoyev #tashrif #Malayziya #ishbilarmonlar
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Қуяш панельлери: ҳәм жеңиллик, ҳәм дәрамат
Бүгинги күнде тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен 3 кВт қуяш панельлери орташа 14 млн. сумнан арзанластырылған баҳада, ал субсидия жеңилликлери менен болса, орташа 6,5 млн. сум ҳәм оннан да төмен баҳада пуқаралар үйлерине орнатылып атыр.
Усындай жеңилликлерден пайдаланып, Шымбай районындағы бир қатар социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқаралардың турақ жайларына қуяш панельлери қурып берилди.
—
Қуёш панеллари: ҳам имтиёз, ҳам даромад
Бугунги кунда таъминотчи корхоналар томонидан 3 кВт қуёш панеллари ўртача 14 млн. сўмдан арзонлаштирилган нархда, субсидия имтиёзлари билан эса, ўртача 6,5 млн. сўм ва ундан ҳам паст нархда фуқаролар хонадонларига ўрнатилмоқда.
Шундай имтиёзлардан фойдаланиб, Чимбой туманидаги бир қатор ижтимоий қўллаб-қувватлашга муҳтож фуқароларнинг турар жойларига қуёш панеллари қуриб берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады
✅ Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден «Жаслар дәптери» фондлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса «Ҳаяллар дәптери» фондлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.
️🗓 2025-жыл 1-майдан «Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды арқалы қаржыландырылады.
📌 2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасаўшы Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.
❕Бунда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ, БЕМның 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады. ️
📕 2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
📁Район (қала) ҳәкимликлери жанында «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» фондлары шөлкемлестириледи.
—
Камбағал оилалар реестрига киритилган айрим оилаларга субсидия ажратилади
🔰 Фармонга кўра, 2025 йил 1 апрелдан “Ёшлар дафтари” жамғармалари орқали, 2025 йил 1 сентябрдан эса “Аёллар дафтари” жамғармалари орқали тўланадиган бир марталик моддий ёрдамлар ўрнига кам таъминланган оилалар учун назарда тутилган нафақалар тўланади.
🗓 2025 йил 1 майдан “Ижтимоий дафтарлар” жамғармалари ҳисобидан даволаш ва жарроҳлик амалиётини ўтказиш харажатлари Давлат тиббий суғуртаси жамғармаси орқали молиялаштирилади.
📌 2025 йил 1 апрелдан Қорақалпоғистон Республикаси ва Хоразм вилоятида муҳтож оилаларга бир марта бериладиган моддий ёрдам ўрнига ушбу ҳудудларда яшовчи Камбағал оилалар реестрига киритилган оилаларга уй-жойида артезиан қудуқ қазиш, сув насосларини ўрнатиш ҳамда ичимлик сув фильтрларини харид қилиш харажатларини қоплаш учун субсидия ажратиш тартиби жорий этилади.
❕Бунда субсидия харажатларнинг 90 фоизи, бироқ БҲМнинг 30 бараваридан кўп бўлмаган миқдорда ажратилади.
📕 2025 йил 1 майдан озодликдан маҳрум этиш жойларидан озод қилинган шахсларга БҲМнинг 6 баравари миқдоридаги бир марталик нафақа пули “Инсон” ижтимоий хизматлар марказлари орқали тўланади.
📁 Туман (шаҳар) ҳокимликлари ҳузурида “Инфратузилма ва ижтимоий барқарорлик” жамғармалари ташкил этилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамын мәмлекетимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.
—
2025 йилги Наврўз умумхалқ байрамини мамлакатимизда “Қадриятларинг боқий бўлсин, Наврўз!” деган бош ғоя асосида умумхалқ сайиллари шаклида юқори савияда кенг нишонлаш бўйича Ўзбекистон Республикаси Президентининг қарори қабул қилинди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў мәселелери додаланды
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен орынларда грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша семинарлар шөлкемлестирилмекте.
Толық оқыў
—
Ташқи беғараз кўмак маблағларини жалб этиш масалалари муҳокама қилинди
Ҳурматли Президентимиз топшириғи билан ташкил этилган Ташқи беғараз ёрдам маблағларини (грантларни) жалб этиш ва донорлар билан ишлаш бўлими томонидан жойларда грантларни жалб этиш ва улардан самарали фойдаланиш масалалари бўйича семинарлар ташкил этилмоқда.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Бугун Президент Шавкат Мирзиёев мудофаа саноати мажмуасида амалга оширилаётган ишлар билан танишади ҳамда мамлакатимиз ҳарбий хавфсизлиги ва мудофаасини мустаҳкамлаш масалалари бўйича йиғилиш ўтказади.
—
Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев қорғаныў санааты комплексинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысады ҳәм мәмлекетимиздиң әскерий қәўипсизлиги ҳәм қорғаныўын беккемлеў мәселелери бойынша мәжилис өткереди.
Facebook|Instagram|X
Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.
Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Толық оқыў
—
Спорт соҳасини янада ривожлантириш бўйича соҳа вакиллари билан мулоқот ўтказилди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев спорт соҳаси вакиллари, масъуллар, федерация раҳбарлари билан учрашди.
Унда Вазирлар Кенгашининг Раиси Ф.Эрманов иштирок этди.
Учрашувда 2024 йилда спорт мактабларида спортчи-ёшларни тайёрлашда амалга оширилган чора-тадбирлар ва олдиндаги вазифалар ҳамда спорт федерацияларининг ишлари ҳақидаги масалалар кўриб чиқилди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон урушида қозонилган ғалабанинг 80 йиллиги ҳамда Хотира ва қадрлаш кунига тайёргарлик кўриш ва муносиб нишонлаш тўғрисида"ги қарори
—
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққында»ғы қарары
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
❗️Енди, Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған шаңарақ ийелери үш есе жоқары салық төлейди
Пуқаралардың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.
Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады.
🔹Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.
🔹Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.
🔹Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.
—
❗️Энди, Томорқасини қаровсиз қолдирган хонадон эгалари уч карра юқори солиқ тўлайди
Аҳоли томорқаси ва ижарага берилган ер майдонларидан самарали фойдаланиш бўйича ҳоким ёрдамчиси томонидан ҳар чоракда ўрганиш олиб борилади.
Ўрганиш давомида хонадондаги томорқа ва ижара ерларида экин экилмаган ва қаровсиз қолдирилган бўлса қуйидаги чоралар қўлланилади.
🔹Имтиёзли кредитлар ажратилмайди.
🔹Ижтимоий ҳимоя ягона реестрига киритилган фуқаролар учун ёрдамлар (моддий ёрдам ёки бола пули каби) тўхтатилади.
🔹Ер солиғи уч карра юқори миқдорда ҳисобланади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Дыққат хабарландырыў!
2025-жыл 21-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары тәрепинен Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткериледи.
Қабыллаўда пуқаралардың суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатлары тыңланады.
Қабыллаўға келген пуқаралар жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды имаратынан қатнасады.
Қабыллаў ўақты: 21-февраль, саат 10:00 ден басланады.
—
Диққат эълон!
2025 йил 21 февраль куни Қорақалпоғистон Республикаси судларининг раҳбарлари томонидан Қўнғирот, Мўйноқ, Шуманай ва Қонликўл туманлари фуқаролари учун онлайн тарзда қабул ўтказилади.
Қабулда фуқароларнинг суд-ҳуқуқ масалаларига оид мурожаатлари тингланади.
Қабулга келган фуқаролар жиноят ишлари бўйича Қўнғирот тумани суди биносидан иштирок этади.
Қабул вақти: 21 февраль, соат 10:00 дан бошланади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
“Айдынлар” фильми “Ең жақсы фильм” номинациясына мүнәсип деп табылды
2025-жылдың 12-15-февраль күнлери Ватикан мәмлекетиниң бирден-бир кинофестивалы болған, Рим Папасы Франциск тәрепинен жақсылық ҳәм дослық ураны тийкарында шөлкемлестирилген, “Католик Оскари”, “ XVI- MIRABILE DICTU” кинофестивалы болып өтти.
Жәҳән кинодөретиўшилери тәрепинен кинофестивалға инам етилген 2000 нан аслам фильмлер ишинде “Өзбектелефильм” мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен сүўретке алынған “АЙДЫНЛАР” (режиссёрлар Музаффархон Еркинов ҳәм Музаффар Қорабоев) көркем фильми “ЕҢ ЖАҚСЫ ФИЛЬМ” номинациясы жеңимпазы болды.
Фильм Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында сүўретке алынған болып, онда бир қатар Қарақалпақстанлы актёр ҳәм актрисалары табыслы роль атқарған.
—
«Айдинлар» филми «Энг яхши фильм» номинациясига муносиб деб топилди
2025 йилнинг 12-15 февраль кунлари Ватикан давлатининг ягона кинофестивали бўлган, Рим Папаси Франциск томонидан яхшилик ва дўстлик шиори асосида ташкил этилган, «Католик Оскари» «XVI- MIRABILE DICTU» кинофестивали бўлиб ўтди.
Жаҳон киноижодкорлари томонидан кинофестивалга тақдим этилган 2000 дан ортиқ фильмлар ичида «Ўзбектелефилм» давлат ташкилоти томонидан суратга олинган «АЙДЫНЛАР» (режиссёрлар Музаффархон Эркинов ва Музаффар Қорабоев) бадиий филми "ЭНГ ЯХШИ ФИЛЬМ" номинацияси ғолиби бўлди.
Фильм Қорақалпоғистон Республикаси Мўйноқ туманида суратга олинган бўлиб, унда бир қатор Қорақалпоғистонлик актёр ва актрисалар муваффақиятли роль ижро этган.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Президент қарарының орынланыўы тәмийинленбекте
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрь күнги 454-санлы қарарына тийкар, Нөкис районы аймағындағы «Ақмаңғыт» каналының 9,5 км аралығын реконструкциялаў (бетонлаў) белгиленген.
Жойбарды әмелге асырыў ушын 9,5 млрд. сум қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде кесип алып ислеўши кәрхана тәрепинен керекли техникалар алып келинип, каналды бетонлаў ушын таярлаў жумыслары алып барылмақта.
Нөкис районындағы "Ақмаңғыт" хожалықлар аралық каналы 1963-жылы иске қосылған болып, улыўма узынлығы - 9,5 км, улыўма суў сарпланыўы - 3,0 м3/сек.ти қурайды.
Бул канал "Каттағар" магистраль каналынан суў алып, Нөкис районының "Ақмаңғыт," "Каттағар" ҳәм "Дарсан" хожалықлары аймақларындағы қыйтақ жер майданларын ҳәм 29 фермер хожалығының жәми 2850 гектар егислик майданларына суў жеткерип береди.
Каналды бетонлаў нәтийжесинде, жыллық есапта 5 млн 443 метр куб суў үнемленеди.
—
Президент қарори ижроси таъминланмоқда
Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2024 йил 24 декабрдаги 454-сонли қарорига асосан, Нукус тумани ҳудудидаги "Ақманғит" каналининг 9,5 км масофасини реконструкция (бетонлаш) қилиш белгиланган.
Лойиҳани амалга ошириш учун 9,5 млрд. сўм маблағ ажратилган бўлиб, бугунги кунда пудратчи корхона томонидан зарур техникалар олиб келиниб, канални бетонлаш учун тайёргарлик ишлари олиб борилмоқда.
Нукус туманидаги "Ақманғит" хўжаликлараро канали 1963 йилда ишга туширилган бўлиб, умумий узунлиги - 9,5 км, умумий сув сарфи - 3,0 м3/сек.ни ташкил этади.
Ушбу канал "Каттағар" магистраль каналидан сув олиб, Нукус тумани "Ақманғит," "Каттағар" ва "Дарсан" хўжаликлари ҳудудларидаги томорқалар ҳамда 29 та фермер хўжалигининг жами 2850 гектар экин майдонларига сув етказиб беради.
Канални бетонлаш натижасида, йиллик ҳисобда 5 млн 443 метр куб сув тежалади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Жоқарғы Кеңес Баслығы Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының исбилерменлери менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы исбилерменлер менен ушырасты.
Онда 2025-жылда инвестициялық, локализацияластырыў бағдарламаларына киргизилген жойбарларды иске түсириў, экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў, исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мәселелери талқыланды.
Толық оқыў
—
Жўқорғи Кенгес Раиси Тахтакўпир ва Қораўзак туманларининг тадбиркорлари билан учрашди
Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Қораўзак туманида Тахтакўпир ва Қораўзак туманларидаги тадбиркорлар билан учрашди.
Унда 2025 йилда инвестиция, маҳаллийлаштириш дастурларига киритилган лойиҳаларни ишга тушириш, экспортёр корхоналарга амалий ёрдамлар кўрсатиш, саноат маҳсулотлари ишлаб чиқарувчи корхоналарнинг тўлиқ қувватда ишлашини таъминлаш, тадбиркорларга ҳар томонлама кўмак бериш масалалари муҳокама қилинди.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube
Президент Шавкат Мирзиёев Бош вазир Анвар Иброҳим ҳамроҳлигида "Petronas" корпорациясининг бош қароргоҳига ташриф буюрди
—
Президент Шавкат Мирзиёев Бас министр Анвар Иброҳим менен бирге "Petronas" корпорациясының бас резиденциясына барды
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Президент Шавкат Мирзиёев Бош вазир Анвар Иброҳим билан биргаликда Ўзбекистон-Малайзия бизнес форумида иштирок этди
—
Президент Шавкат Мирзиёев Бас министр Анвар Иброҳим менен биргеликте Өзбекстан-Малайзия бизнес форумында қатнасты
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Президентимиз Малайзия Ислом санъати музейи билан танишди
—
Президентимиз Малайзия Ислам көркем өнери музейи менен танысты
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X