joqargikenes | Unsorted

Telegram-канал joqargikenes - Joqarǵı keńes.uz

40838

Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Subscribe to a channel

Joqarǵı keńes.uz

Қараөзек районында полиэтилен труба ислеп шығарыў жолға қойылды

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында елимизде исбилерменлер саны артып, жаңа қуўатлықлар иске түсирилип атыр.

Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Mang’it polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен полиэтилен труба ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылып, жаңа кәрхана иске түсирилди.

Жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында улыўма баҳасы 377 мың доллар болған жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.

Қораўзак туманида полиэтилен қувур ишлаб чиқариш йўлга қўйилди

Сўнгги йилларда ҳурматли Президентимизнинг тадбиркорликни ривожлантириш ва инвестицион жозибадорликни ошириш борасида Қорақалпоғистон учун алоҳида қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида юртимизда тадбиркорлар сони ортиб, янги қувватлар ишга туширилмоқда.

Қораўзак тумани «Қойбақ» овул фуқаролар йиғини ҳудудида «Mang’it polimer» масъулияти чекланган жамияти томонидан полиэтилен қувур ишлаб чиқариш лойиҳаси амалга оширилиб, янги корхона ишга туширилди.

Имтиёзли кредит маблағлари асосида умумий қиймати 377 минг доллар бўлган лойиҳа ишга туширилиши натижасида 10 та янги иш ўрни яратилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Франциялы белгили дирижёр, «Көркем өнер ҳәм әдебият кавалери» ордени ийеси Натали Марэн қатнасыўында концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди

Усы жылдың 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында белгили франциялы дирижёр, «Көркем өнер ҳәм әдебият кавалери» ордени ийеси Натали Марэн ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының «Симфониялық оркестри» менен биргеликте концерт бағдарламасы шөлкемлестирди.

Концерт бағдарламасын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов кирис сөз бенен ашып берди.

Онда Натали Марэн ҳәм «Симфониялық оркестр» менен биргеликте жанлы тәризде атқарылған миллий ҳәм жәҳән классикаларының үйлесимлиги, оркестрдиң қүдиретли намалары тамашагөйлердиң қәлбинде өзгеше тәсир қалдырды.

Жанлы тәризде болып өткен концерт бағдарлама бәршени толқынландырып, қатнасыўшыларды ҳақыйқый симфония дүньясына алып кирди десек асыра айтқан болмаймыз.
___
Франциялик таниқли дирижёр, «Санъат ва адабиёт кавалери» ордени соҳибаси Натали Марэн иштирокида концерт дастури ташкил этилди

Жорий йилнинг 15 апрель куни Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида таниқли француз дирижёри, «Санъат ва адабиёт кавалери» ордени соҳибаси Натали Марэн ҳамда Ўзбекистон давлат консерваторияси Нукус филиалининг «Симфоник оркестри» ҳамкорлигида концерт дастури ташкил этилди.

Концерт дастурини Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг қўмита раиси М.Атамуратов кириш сўзи билан очиб берди.

Унда Натали Марэн ва «Симфоник оркестр» билан биргаликда жонли тарзда ижро этилган миллий ва жаҳон классикасининг уйғунлиги, оркестрнинг қудратли куйлари томошабинлар қалбида ўзгача таассурот қолдирди.

Жонли тарзда ўтган концерт дастури барчани тўлқинлантириб, иштирокчиларни ҳақиқий симфония оламига олиб кирди десак муболаға бўлмайди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары тийкарында Қанлыкөл районы “Дослық” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы Гаюпова Раўшанның ески үйи орнына жаңа заманагөй үй қурып берилди.

Бүгин жаңа турақ жай ийесиниң қуўанышы шексиз ҳәм Президентимиз басшылығындағы «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден миннетдар.

Ҳурматли Президентимизнинг топшириғи билан қабул қилинган Вазирлар Маҳкамасининг 2023 йил 2 февралдаги 52-сонли қарори асосида Қонликўл тумани “Дослық” овул фуқаролар йиғинида яшовчи Гаюпова Раўшаннинг эски уйи ўрнига янги замонавий уй қуриб берилди.

Бугун янги хонадон эгасининг хурсандчилиги чексиз ва Президентимиз раҳбарлигидаги «Инсон қадри учун» тамойили асосида амалга оширилаётган эзгу ишлардан миннатдор.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Нызамшылыққа муўапық, халықаралық IT-сертификатларға ийе жаслардың оқыў ҳәм усы сертификатларды алыў қәрежетлериниң 60 процентке шекемги бөлеги Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.

Бунда усы сертификатлар басланғыш дәрежеде болғанда 30 процент, орта дәрежеде болғанда 40 процент ҳәм профессионал дәрежеде болғанда 60 процент муғдарында жумсалған қәрежетлер қапланады.

Буннан тысқары, инглис тили бойынша B2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги ҳәмде профессионал дәрежедеги халықаралық IT -сертификатқа ийе болған жаслардың халықаралық IT -сертификатын алыў қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Қонунчиликка кўра, халқаро IT-сертификатларга эга ёшларнинг ўқиш ҳамда ушбу сертификатларни олиш харажатларининг 60 фоизгача бўлган қисми Давлат бюджети маблағлари ҳисобидан қоплаб берилади.

Бунда мазкур сертификатлар бошланғич даражада бўлганда 30 фоиз, ўрта даражада бўлганда 40 фоиз ҳамда профессионал даражада бўлганда 60 фоиз миқдорда сарфланган харажатлар қопланади.

Бундан ташқари, инглиз тили бўйича B2 ва ундан юқори даражадаги ҳамда профессионал даражадаги халқаро IT-сертификатга эга бўлган ёшларнинг халқаро IT-сертификатни олиш харажатлари тўлиқ қоплаб берилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

БМШниң Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШниң Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы Сабина Махл менен ушырасты.

Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары ҳаққында атап өтти.

Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша тапсырмасы менен миллий Қара үйди ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасларының дизимине, Қобыз саз әсбабын болса ЮНЕСКОның қорғаў дизимине киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.

Толық окыў

БМТнинг Ўзбекистон Республикасидаги доимий координатори билан учрашув ўтказилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев БМТнинг Ўзбекистон Республикасидаги доимий координатори Сабина Махл билан учрашди.

Унда дастлаб Жўқорғи Кенгес Раиси сўнгги йилларда ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистонга бўлган алоҳида эътибори билан қабул қилинган қарор ва фармонлар асосида амалга оширилаётган кенг кўламли бунёдкорлик ишлари ҳақида таъкидлаб ўтди.

Таъкидлаш жоизки, ҳурматли Президентимизнинг алоҳида топшириғи билан Қора уйни (Қорақалпоқ ўтови) ЮНЕСКОнинг номоддий маданий мерослари рўйхатига, Қўбиз чолғусини эса ЮНЕСКОнинг муҳофаза рўйхатига киритиш бўйича ишлар олиб борилмоқда. Хусусан, амалий ишлар доирасида Қорақалпоғистоннинг маданий меросини асраб-авайлаш ва келажак авлодлар учун сақлаб қолиш мақсадида ЮНЕСКО халқаро ташкилоти томонидан Қўбиз чолғу асбоби ҳамда жировчилик мероси ҳақида ҳужжатли фильм тайёрланди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2024-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Орайлық банктиң Қарақалпақстан Бас басқармасы баслығының есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Бас басқарма баслығы А.Исаков баянат жасады.

Бүгинги күнде, Қарақалпақстан Республикасы аймағында 13 коммерциялық банклери ҳәмде олардың қала ҳәм районларда 89 дан артық банк хызметлерин көрсетиў орайлары ҳәмде мини банклери тәрепинен халыққа заманагөй банк хызметлери көрсетилип келинбекте.

Банклердиң турақлы ресурс базасын беккемлеў илажлары нәтийжесинде 2025-жыл 1-январь жағдайына халықтың ҳәм де хожалық жүргизиўши субъектлердиң банклердеги депозитлер көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 33,7 пайызға көбейди.

Нақ пулсыз есап-китаплар системасын жәнеде раўажландырыў барысында көрилип атырған ис-илажлар нәтийжесинде айланысқа шығарылған пластик карточкалар саны 2 млн. 550 мың данаға ҳәмде саўда ҳәм пуллық хызмет көрсетиў шақапшаларына орнатылған төлем терминаллары саны 21 мың 696 данаға жетти.

Сондай-ақ, Президентимиздиң қарар ҳәм пәрманлары тийкарында көп қабатлы үй-жай, массивлер қурылысы, ипотека кредитлери, мәмлекетлик бағдарламалар, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша банк кредитлери ажыратылыўы тәмийинленген. Машқалалы кредит қарыздарлықларды қысқарттырыў бойынша да илажлар алып барылмақта.

Гезектеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында шарўашылық тараўы ҳәм оның тармақларын раўажландырыў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары - Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасының «Жер ҳаққындағы» Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров баянат жасады.

Нызам жойбары менен «Жер ҳаққындағы» Нызамның бир қатар статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи Қарақалпақстан Республикасына инвестицияларды және де кеңнен тартыў ҳәм аймағымыздың социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ үшинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ үшинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы 2025-жыл 11-апрель күни саат 10:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг учинчи сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг учинчи сессияси 2025 йил 11 апрель куни соат 10:00 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тайынлаў

Ибраймов Бахтыбай Дарибаевич
-Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў, жер мониторингин әмелге асырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Б.Ибраймов тайынлаўға шекем "Өзагроинспекция"ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Тайинлов

Ибраймов Бахтыбай Дарибаевич
-Қорақалпоғистон Республикаси Қишлоқ хўжалиги вазирининг Қишлоқ хўжалигида ер ресурсларидан самарали фойдаланиш, қишлоқ хўжалиги экинларини жойлаштириш, ер мониторингини амалга ошириш масалалари бўйича ўринбосари лавозимига тайинланди.

Б.Ибраймов тайинловга қадар "Ўзагроинспекция"нинг Қорақалпоғистон Республикаси бошқармаси Қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ерлардан фойдаланишни назорат қилиш бўлими бошлиғи лавозимида фаолият юритган.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Жәҳән кубогында мүнәсип қатнасқан жерлесимиз күтип алынды

Усы жылдың 1-5-апрель күнлери Бразилия мәмлекетинде бокс бойынша Жәҳән кубогы беллесиўлери болып өткен еди.

Кубог беллесиўлеринде жерлесимиз Мадияр Данияров мүнәсип қатнасып, қола медалын қолға киргизди.

Нөкис халықаралық аэропортында Мадияр Данияров салтанатлы түрде күтип алынды.

Күтип алыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов, Спорт министри Е.Қутыбаев, спорт усталары менен бир қатар жаслар ҳәм жақынлары қатнасып, пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлады ҳәм алдағы жарысларында да тек әўмет яр болып, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўинде тилеклеслик билдирди.

Жаҳон кубогида муносиб иштирок этган юртдошимиз кутиб олинди

Жорий йилнинг 1-5 апрель кунлари Бразилия давлатида бокс бўйича Жаҳон кубоги баҳслари бўлиб ўтган эди.

Кубок баҳсларида ҳамюртимиз Мадияр Данияров муносиб иштирок этиб, бронза медалини қўлга киритди.

Нукус халқаро аэропортида Мадияр Данияров тантанали равишда кутиб олинди.

Унда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев, Жўқорғи Кенгеснинг Қўмита раиси М.Атамуратов, Спорт вазири Е.Қутыбаев, спорт усталари билан бир қатор ёшлар ва яқинлари иштирок этиб, бутун халқимиз номидан қизғин табриклади ва галдаги мусобақаларида ҳам фақат омад ёр бўлиб, бундан ҳам юқори натижаларга эришишида тилакдошлик билдирди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў мәселелерине арналды

Усы жылдың 8-апрель күни Жоқарғы Кенестиң мәжилислер залында «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў» атамасында семинар өткерилди.

Толық оқыў

Фуқаролар йиғини раиси сайловига тайёргарлик кўриш масалаларига бағишланди

Жорий йилнинг 8 апрель куни Жўқорғи Кенгеснинг мажлислар залида «Қорақалпоғистон Республикасида фуқаролар йиғини раиси сайловига тайёргарлик кўриш» мавзусида семинар ўтказилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди

Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған байрам салтанаты өткерилди.

Байрам салтанатында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Толық оқыў

Қорақалпоғистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганлигининг 32 йиллиги кенг нишонланди

Жорий йилнинг 9 апрель куни Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат академик мусиқали театрида Қорақалпоғистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганлигининг 32 йиллигига бағишланган байрам тантанаси ўтказилди.

Байрам тантанасида дастлаб Ўзбекистон ва Қорақалпоғистон Республикаларининг давлат мадҳиялари янгради.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев йиғилганларни Қорақалпоғистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганлигининг 32 йиллиги муносабати билан табриклади.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қанлыкөл районында шарўашылықты раўажландырыў бойынша жойбар иске түсирилди

Қанлыкөл районы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Айдос Дузелбаев» көп тармақлы фермер хожалығы тийкарынан пахта ҳәм ғәллешилик пенен шуғылланып келмекте.

Жақында фермер хожалығы тәрепинен 118 мың доллар қаржы тийкарында қарамалшылықты раўажландырыў жойбары әмелге асырылып, 30 бас нәсилли шарўа маллары алып келинди. Нәтийжеде, қосымша 5 жумыс орны жаратылды.

Қонликўл туманида чорвачиликни ривожлантириш бўйича лойиҳа ишга туширилди

Қонликўл тумани «Бўстон» овул фуқаролар йиғини ҳудудида жойлашган «Айдос Дузелбаев» кўп тармоқли фермер хўжалиги асосан пахта ва ғаллачилик билан шуғулланиб келмоқда.

Яқинда фермер хўжалиги томонидан 118 минг доллар маблағ асосида қорамолчиликни ривожлантириш лойиҳаси амалга оширилиб, 30 бош наслли чорва моллари олиб келинди. Натижада, қўшимча 5 та иш ўрни яратилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қызыңыздың зорлықтан қашып үйге келиўи емес, ал зорлыққа шыдаўға мәжбүр болыўы - ҳақыйқый үлкен уят - Саида Мирзиёева

Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Президент тәрепинен нызамшылыққа некеден ажыратыўда судлар тәрепинен тайынланатуғын «татыўластырыў дәўири»н бийкар етиўге байланыслы өзгерис киргизилгенине мүнәсибет билдирди.

Буны ҳаял-қызларды шаңарақтағы зорлықтан қорғаў, олардың ҳуқықларын ҳүрмет етиў жолындағы үлкен қәдем деп есаплайман. Егер шаңарақта инсан қәдири ҳүрмет етилмесе ҳәм ол физикалық, психологиялық ямаса экономикалық кемситиўлерге ушыраса, ол жерде келисимге келиў, жарасыў ҳеш қандай мүмкин емес.

Бул тек ғана ҳаял-қызлар емес, сондай шараятта жасап ҳәм тәрбияланып атырған балалар ушын да әҳмийетли, дейди Саида Мирзиёева.

__
Қизингизнинг зўравонликдан қочиб уйга келиши эмас, балки зўравонликка тоқат қилишга мажбур бўлиши — ҳақиқий шармандаликдир – Саида Мирзиёева

Президент ёрдамчиси Саида Мирзиёева Президент томонидан қонунчиликка никоҳдан ажратишда судлар томонидан тайинланадиган “яраштириш даври”ни бекор қилишга оид ўзгартириш киритилганига муносабат билдирди.

Буни аёлларни оиладаги зўравонликдан ҳимоя қилиш, уларнинг ҳуқуқларини ҳурмат қилиш йўлидаги катта қадам деб ҳисоблайман. Агар оилада инсон қадр-қиммати ҳурмат қилинмаса ва у жисмоний, психологик ёки иқтисодий таҳқирларга дуч келса, у ерда муросага келиш, ярашиш ҳар қанақасига имконсиздир.

Бу нафақат аёллар, балки шундай шароитда яшаётган ва тарбияланаётган болалар учун ҳам муҳимдир, дейди Саида Мирзиёева.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Спортшымыз Азия-Океания чемпионаты беллесиўлеринде жеңимпаз болды

13-21-апрель күнлери Ташкент қаласында самбо ҳәм жаўынгерлик самбо сондай-ақ, ветеран спортшылар арасында Азия-Океания чемпионаты өткерилип атыр.

Онда спортшымыз Азатова Шахзода жаўынгерлик самбо бойынша қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, усы спорт түринен үшинши мәрте Азияда теңсиз екенлигин көрсетти ҳәм чемпионлық пенен алтын медальды қолға киргизди.

Атап өтиў орынлы, спортшымыз буннан алдын Жиу житсу бойынша да Азияда теңсиз деп табылып, алтын медаль ийесине айланған.

Спортчимиз Осиё-Океания чемпионати баҳсларида ғолиб бўлди

13-21 апрель кунлари Тошкент шаҳрида самбо ва жанговар самбо ҳамда фахрий спортчилар ўртасида Осиё-Океания чемпионати ўтказилмоқда.

Унда ҳамюртимиз Азатова Шахзода жанговар самбо бўйича рақиблари устидан ғалаба қозониб, ушбу спорт туридан учинчи марта Осиёда тенгсизлигини кўрсатди ва чемпионлик билан олтин медални қўлга киритди.

Таъкидлаш жоизки, спортчимиз бундан олдин Жиу житсу бўйича ҳам Осиёда тенгсиз деб топилиб, олтин медаль соҳибига айланган.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

"Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ" сүрени астында миллетлераралық татыўлық ҳәм дослық фестивалы өткерилди

Бүгин, 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Өзбекстан - көп миллетли татыў шаңарақ» атамасында фестиваль болып өтти.

Илажда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов сөзге шығып, Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршиликти тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиўге айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтип, илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады.

Онда Наманган мәмлекетлик техника университети ҳәм Үргениш мәмлекетлик университетлеринен делегациялар, университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп мийманлар студентлер тәрепинен исленген миллий кийимлер, қол өнери үлгилери, сүўретлер көргизбелерин тамашалады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстан өзиниң беккем тарийхый мийрасы, бай мәденияты ҳәм халықаралық байланыслары менен тек ғана Орайлық Азияда емес, ал пүткил дүнядағы әҳмийетли мәдений ҳәм сиясий орайлардан бирине айланып бармақта.

Фестиваль шеңберинде миллий липаслар көргизбелери, театрластырылған саҳналық көринислер, студент-жаслар тәрепинен таярланған миллетлер аралық татыўлықты жырлаўшы қосықлар ҳәм миллий атқарыўлар жыйналғанлар нәзерине усынылды.
_
«Ўзбекистон - кўп миллатли аҳил оила» шиори остида миллатлараро тотувлик ва дўстлик фестивали ўтказилди

Бугун, 15 апрель куни Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат университетида «Ўзбекистон - кўп миллатли аҳил оила» мавзусида фестиваль бўлиб ўтди.

Тадбирда Вазирлар Кенгаши Раисининг ўринбосари Р.Нуразизов сўзга чиқиб, Президентимиз раҳбарлигида миллатлараро тотувликни мустаҳкамлаш, халқлар ўртасида ўзаро ҳамжиҳатликни таъминлаш, бағрикенглик ва меҳр-оқибат муҳитини янада кучайтиришга алоҳида эътибор қаратилаётганлигини таъкидлаб, тадбир иштирокчиларини байрам билан табриклади.

Унда Наманган давлат техника университети ва Урганч давлат университетларидан делегациялар, университет профессор-ўқитувчилари, талаба-ёшлар иштирок этди.

Дастлаб меҳмонлар талабалар томонидан яратилган миллий либослар, ҳунармандчилик намуналари, расмлар кўргазмаларини томоша қилди.

Таъкидланганидек, бугунги кунда Ўзбекистон ўзининг мустаҳкам тарихий мероси, бой маданияти ва халқаро алоқалари билан нафақат Марказий Осиёда, балки бутун дунёдаги муҳим маданий ва сиёсий марказлардан бирига айланиб бормоқда.

Фестиваль доирасида миллий либослар кўргазмалари, театрлаштирилган саҳна кўринишлари, талаба-ёшлар томонидан тайёрланган миллатлараро тотувликни тараннум этувчи қўшиқлар ва миллий ижролар йиғилганлар эътиборига ҳавола этилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳуқуқбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Б.Валиев қатнасыўында Президентимиздиң 03.01.2025 жылдағы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўы ҳәм криминоген жағдайды анализлеў, турақлылығын тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм олардың жуўапкер орынбасарлары, қарардың орынланыўына жуўапкер болған Қарақалпақстан Республикасының министрликлери ҳәм уйымларының басшылары, жуўапкер хызметкерлери және аймақлық штаб ҳәм жумысшы топардың ағзалары қатнасты.

Мәжилисте мәҳәллелерде тынышлықты сақлаў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў, жаслар, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықты болдырмаў, мәмлекетлик басқарыў уйымларында түрли нызамбузыўшылық ҳәм коррупциялық жағдайлар, мәҳәллелердеги социаллық профилактикалық илажлардың алып барылыўы мәселелери кең түрде талқыланды.

Орынларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер көрсетип өтилип, айырым басшылардың өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап атырғаны сынға алынды. Буннан соң әмелге асырылыўы тийис илажлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ҳуқуқбузарлик ва жиноятчиликнинг олдини олиш масалалари кенг муҳокама қилинди

Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгашида Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раиси Аманбай Орынбаев раислигида, Бош прокурорнинг биринчи ўринбосари Б.Валиев иштирокида Президентимизнинг 03.01.2025 йилдаги ПҚ-1-сон қарори ижроси ҳамда криминоген вазиятни таҳлил қилиш, барқарорлигини таъминлаш юзасидан видеоселектор йиғилиши бўлиб ўтди.

Йиғилишда, Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши Раиси Ф.Эрманов, Қорақалпоғистон Республикаси прокурори Э.Таджиев, Қорақалпоғистон Республикаси Ички ишлар вазири Б.Төребеков ҳамда уларнинг соҳавий ўринбосарлари, қарор ижросига масъул бўлган Қорақалпоғистон Республикасининг вазирлик ва идораларининг раҳбарлари, масъул ходимлари ҳамда ҳудудий штаб ва ишчи гуруҳи аъзолари иштирок этишди.

Йиғилишда маҳаллаларда осойишталикни сақлаш, жамоат хавфсизлиги ва фуқаролар тинчлигини таъминлаш, ёшлар, хотин-қизлар ўртасида жиноятчиликнинг олдини олиш, давлат бошқаруви органларида турли қонунбузарлик ва коррупция ҳолатлари, маҳаллалардаги ижтимоий профилактик тадбирларнинг олиб борилиши масалалари ҳам кенг муҳокама қилинди.

Жойларда йўл қўйилаётган хато ва камчиликлар кўрсатиб ўтилиб, айрим раҳбарларнинг ўз вазифасига совуққонлик билан қараётгани танқид қилинди. Бундан сўнг амалга оширилиши лозим бўлган чоралар ва вазифалар белгилаб олинди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы жумысын жолға қойыў ҳәм мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының аймақларда орынланыўы бойынша Мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты туўралы  болып, бул мәселе бойынша басқарма баслығы С.Турманов баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиевтиң мәлимлемеси тыңланды.

Бул мәселеде толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине Парламентлик сораў жибериў туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.

Онда онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы унамсыз жағдайларға алып келетуғын себеп ҳәм шараятлар, олардың ақыбетлери бойынша анализленген жумыслар ҳәм басқа да мәселелер кең түрде сөз етилди.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен елимиздиң барлық тараўларында тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанлығын атап өтти.

Усы тарийхый ўақыялардың бири сыпатында жақында Орайлық Азия регионында биринши мәрте өз ишине 181 миллий парламент ҳәм 15 регионаллық аўқамды бирлестирген Парламентлер аралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы өткерилди. Онда Президентимиз бул Ассамбля Өзбекстанның басламасы менен “Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети” темасында өткерилип атырғанына айрықша итибар қаратты.

Елимизде быйылғы жылдың «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы» деп жәрияланғаны Аралбойы регионы ушын оғада әҳмийетли болып табылады. Жақында Самарқанд қаласында болып өткен Халықаралық климат форумында ҳүрметли Президентимиз кең жәмийетшиликтиң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратқаны ҳәм бир қатар басламаларды илгери сүргени, сондай-ақ, Нөкис қаласында өткерилген биринши халықаралық «Арал мәденияты саммити»нде Арал теңизиниң экологиялық машқаласы, халқымыз тәғдири ҳәм елимиз келешеги менен байланыслы оғада әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынғаны елимиз турмысындағы тарийхый ўақыялар қатарына киреди.

Буннан тысқары, Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде соңғы жыллары бир қатар халықаралық илажлар Қарақалпақстанда өткерилип атырғаны халқымыздың бай мәдениятын, туризм потенциалын дүнья кең жәмийетшилигине танытыўда, шет ел инвесторларын регионымызға тартып, ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў қуўатлылықларын кеңейтиўде, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар тийкарында усындай кең имканиятлар жаратылып берилип атырғанлығын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ үшинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

2025-жыл 11-апрель күни саат 10:00 де болып өтетуғын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң үшинши сессиясы 2025-жыл 11-апрель күни саат 10:30 ға өзгергенлигин мәлим етип билдиремиз.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг учинчи сессиясининг очилиши тўғрисида

2025 йил 11 апрель куни соат 10:00 да бўлиб ўтадиган Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг учинчи сессияси 2025 йил 11 апрель куни соат 10:30 га ўзгарганлигини маълум қилиб билдирамиз.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тайынлаў

Курбанов Иномбай Сапарович
- Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

И.Курбанов тайынлаўға шекем "Агробанк" Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Елликқала филиалы "Фронт-офис" Усақлап сатыў бизнес бөлими бас менеджери лаўазымында жумыс алып барған.

Тайинлов

Курбанов Иномбай Сапарович -
Қорақалпоғистон Республикаси Қишлоқ хўжалиги вазирининг Озиқ-овқат хавфсизлиги ҳамда қишлоқ хўжалигида иқтисодий ислоҳотлар масалалари бўйича ўринбосари лавозимига тайинланди.

И.Курбанов тайинловга қадар "Агробанк" Қорақалпоғистон Республикаси бошқармаси Элликқалъа филиали "Фронт-офис" Чакана савдо бизнес бўлими бош менежери лавозимида фаолият юритган.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тайынлаў

Даулетов Клышбай Джаббарбергенович
– Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары-инвестициялар, санаат ҳәм саўда бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

К.Даулетов тайынлаўға шекем Шымбай районы «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.

Тайинлов

Даулетов Клышбай Джаббарбергенович - Тахтакўпир тумани ҳокимининг ўринбосари-инвестициялар, саноат ва савдо бўлими бошлиғи лавозимига тайинланди.

К.Давлетов тайинловга қадар Чимбой тумани "Кеңес" овул фуқаролар йиғини ҳудудида тадбиркорликни ривожлантириш, аҳоли бандлигини таъминлаш ва камбағалликни қисқартириш масалалари бўйича ҳоким ёрдамчиси лавозимида фаолият олиб борган.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қылышпазлық бойынша Жəҳəн чемпионатында Өзбекстан жаслар сайланды командалары күшли үшликтен орын алды

Қытай мəмлекетинде Қылышпазлық спорт түринен жаслар арасында Жəҳəн чемпионаты болып өтпекте.

Онда Өзбекстан қызлар сайланды командасы сыйлы 3-орынды ийеледи. Команда қурамында Аякөз Жумамуратова ҳəм Гүлистан Пердебева қола медалын жеңип алыўда өзиниң мүнәсип үлесин қосты.

Сондай-ақ, Өзбекстан жигитлер сайланды командасы да жоқары нәтийже көрсетип, Жәҳән чемпионатында күшли үшликтен орын алды.

Жигитлер арасында болып өткен беллесиўлерде Ислам Абдазов ҳәм Муса Аймуратовлар Өзбекстан сайланды командасы есабына бронза медалын жазып қойыўға өзлериниң үлесин қосты.

Қиличбозлик бўйича Жаҳон чемпионатида Ўзбекистон ёшлар терма жамоалари кучли учликдан жой олди

Хитой давлатида Қиличбозлик спорт тури бўйича ёшлар ўртасида Жаҳон чемпионати бўлиб ўтмоқда.

Унда Ўзбекистон қизлар терма жамоаси фахрли 3-ўринни эгаллади. Жамоа таркибида Аякөз Жумамуратова ва Гүлистан Пердебева бронза медалини қўлга киритишда ўзининг муносиб ҳиссасини қўшди.

Шунингдек, Ўзбекистон йигитлар терма жамоаси ҳам юқори натижа кўрсатиб, Жаҳон чемпионатида кучли учликдан жой олди.

Йигитлар ўртасида бўлиб ўтган баҳсларда Ислам Абдазов ва Муса Аймуратовлар Ўзбекистон терма жамоаси ҳисобига бронза медалини ёзиб қўйишга ўзларининг ҳиссасини қўшди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Нөкис районы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан тигиўшиликке қәнигелескен «MEDIA BALANCE CONSULT» шаңарақлық кәрханасы иске түсирилген еди.

Ҳәзирги ўақытта бул орында 70 жумыссыз ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлиги тәмийинленип, 2 түрли өнимлер Нөкис қаласы ҳәм Хорезм ўәлаятының саўда орынларына жеткерип берилмекте.

Нукус тумани "Қырантаў" овул фуқаролар йиғини ҳудудида тикувчиликка ихтисослаштирилган "MEDIA BALANCE CONSULT" оилавий корхонаси ишга туширилган эди.

Айни пайтда бу ерда ишсиз 70 нафар хотин-қизнинг доимий бандлиги таъминланиб, 2 хил маҳсулотлар Нукус шаҳри ва Хоразм вилоятининг савдо нуқталарига етказиб берилмоқда.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Банклар биринчи чоракда хориждан 1,2 миллиард доллар ресурс жалб қилди. Бунинг ярмидан кўпи 4 та банкка тўғри келмоқда. Қолган банклар ҳам бу борадаги ишини фаоллаштириши муҳим экани таъкидланди.

Андижон, Тошкент вилояти ва Тошкент шаҳрида тадбиркорлар билан фаол ишлангани учун ушбу маблағларнинг кўпи шу ҳудуддаги лойиҳаларга тўғри келаяпти.

Нима учун қолган ҳокимлар сифатли лойиҳа қилиб, тайёр пулни ишлатмайди?”,

- дея савол қўйди Президент.

Эндиликда банклар четдан маблағ жалб қилиши билан уни қандай лойиҳаларга, қанча муддатга ва қайси шартда бериши ҳақида ҳокимларни хабардор қилади. Ҳокимлар эса тадбиркорлар ишлаб чиққан тайёр лойиҳаларни тўплаб, банкларга тақдим этади.

Давлатимиз раҳбари йиғилишни якунлар экан, барча мутасаддиларни яна бир бор огоҳлантирди.

Ҳар бир дақиқани ғанимат билиб, қўйилган катта марраларга мос равишда ишни ташкил қилиш керак,

- деди Президентимиз.

Йиғилиш давомида туризм соҳасида намунали фаолият юритаётган тадбиркорлар билан мулоқот қилинди, тармоқ ва ҳудудлар раҳбарларининг ҳисоботлари тингланди.

Банклер биринши шеректе сырт елден 1,2 миллиард доллар ресурс тартты. Оның ярымынан көби 4 банкке туўра келмекте. Қалған банклер де бул бағдардағы жумысын жеделлестириўи әҳмийетли екени атап өтилди.

Әндижан, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында исбилерменлер менен жедел исленгени ушын бул қаржылардың көпшилиги усы аймақтағы жойбарларға туўра келмекте.

«Неге қалған ҳәкимлер сапалы жойбар ислеп, таяр пулды жумсамайды?»,

- деп сораў қойды Президент.

Енди банклер шеттен қаржы тартыўы менен оны қандай жойбарларға, қанша мүддетке ҳәм қандай шәртлерде бериўи ҳаққында ҳәкимлерди хабардар етеди. Ҳәкимлер болса исбилерменлер ислеп шыққан таяр жойбарларды жыйнап, банклерге усынады.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисти жуўмақлап, барлық жуўапкерлерди және бир мәрте ескертти.

«Ҳәр бир минутты ғәниймет билип, қойылған үлкен шеклерге сәйкес рәўиште жумысты шөлкемлестириў керек»,

- деди Президентимиз.

Мәжилис даўамында туризм тараўында үлгили жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен сөйлесилди, тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…
Subscribe to a channel