joqargikenes | Unsorted

Telegram-канал joqargikenes - Joqarǵı keńes.uz

40838

Веб-сайт: http://joqargikenes.uz/ Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/ Facebook: www.fb.com/joqargikenes Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes © Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Subscribe to a channel

Joqarǵı keńes.uz

Ҳүрметли Президентимиздиң тийисли қарарына тийкар Әмиўдәрья районындағы халықты таза ишимлик суўы менен қамтып алыў дәрежесин еле де арттырыў мақсетинде «Азия раўажланыў банки» кредит қаржылары есабынан жәми 42 млн. АҚШ доллары муғдарындағы 2 ири жойбарды әмелге асырыў режелестирилген болып, бүгинги күнде қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Атап айтқанда, 29 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржы есабынан әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары нәтийжесинде 68,5 км магистраль ҳәм 289,2 км ишки суў тармақларын тартыў арқалы районда жасайтуғын 79 мыңға шамалас халықтың таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланады.

Екинши ири жойбар шеңберинде суткасына 40 мың куб метр суў жеткерип бериў қуўатлылығына ийе болған "Манғыт" суў тазалаў объектин жаңадан қурыў белгиленген.

Ҳурматли Президентимизнинг тегишли қарорига асосан Амударё туманидаги аҳолини тоза ичимлик суви билан қамраб олиш даражасини янада ошириш мақсадида “Осиё тараққиёт банки” кредит маблағлари ҳисобидан жами 42 млн. АҚШ доллари миқдоридаги 2 та йирик лойиҳани амалга ошириш режалаштирилган бўлиб, бугунги кунда қурилиш ишлари давом этмоқда.

Хусусан, 29 млн. АҚШ доллари миқдоридаги маблағ эвазига амалга ошириладиган қурилиш ишлари натижасида 68,5 км магистраль ва 289,2 км ички сув тармоқларини тортиш орқали туманда яшовчи 79 мингга яқин аҳоли тоза ичимлик суви билан таъминланиши яхшиланади.

Иккинчи йирик лойиҳа доирасида суткасига 40 минг куб метр сув етказиб бериш қувватига эга бўлган “Манғит” сув тозалаш иншоотини янгидан қуриш белгиланган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: Ўзбекистон Президенти йўл ҳаракати хавфсизлиги масалаларига бағишланган йиғилиш ўтказди. Пойтахтнинг ўз "Ечимлар атласи" бўлади. Давлат раҳбари Тошкент шаҳридаги янги ижтимоий ва ишлаб чиқариш обектларини кўздан кечирди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: Өзбекстан Президенти жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша мәжилис өткерди. Пайтахттың өз "Шешимлер атласы" болады. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы жаңа социаллық ҳәм санаат объектлерин көзден өткерди.

Обзор важнейших событий за неделю: Президент Узбекистана провел совещание о безопасности дорожного движения. У столицы будет свой “Атлас решений”. Глава государства осмотрел новые социальные и промышленные объекты Ташкента.

Weekly review of the most important events: The President of Uzbekistan held a meeting focused on road safety. Tashkent will soon launch its own "Atlas of Solutions". The Head of State inspected new social and industrial developments across Tashkent.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Нөкис районында инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасын орнатыў жойбары әмелге асырылды

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы тийкарында Япония ҳүкимети тәрепинен Нөкис районы аймағындағы Қарақалпақстан Республикасы майыплығы болған шахсларды реабилитация қылыў ҳәм протезлеў орайына «Johkasou» атлы инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасы орнатылды.

Улыўма баҳасы 40 мың доллар грант қаржылары тийкарында жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде суў арқалы жуғатуғын кеселликлерди азайтыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм саламат орталықты тәмийинлеў илажларын кеңейтиў имканияты жаратылды. Қуўатлылығы 20 м3/сутка болған жаңа система ақаба суўларды микроорганизмлер жәрдеминде техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде қайта пайдаланыў ушын жарамлы болған суўға айландырады.

Нукус туманида инновацион япон оқова сувларини тозалаш тизимини ўрнатиш лойиҳаси амалга оширилди

Бирлашган Миллатлар Ташкилотининг Тараққиёт дастури асосида Япония ҳукумати томонидан Нукус тумани ҳудудидаги Қорақалпоғистон Республикаси ногиронлиги бўлган шахсларни реабилитация қилиш ва протезлаш марказига «Johkasou» номли инновацион япон оқова сувларини тозалаш тизими ўрнатилди.

Умумий қиймати 40 минг доллар грант маблағлари асосида лойиҳа амалга оширилиши натижасида сув орқали юқадиган касалликларни камайтириш, санитария ҳолатини яхшилаш ва соғлом муҳитни таъминлаш чораларини кенгайтириш имконияти яратилди. Қуввати 20 м3/сутка бўлган янги тизим оқова сувларни микроорганизмлар ёрдамида техник ва хўжалик мақсадларида қайта фойдаланиш учун яроқли бўлган сувга айлантиради.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.

Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе аўыл хожалығында суў ресурсларынан мақсетли пайдаланыў, суў ысырапкершилигин кемейтиў ҳәм суўды үнемлеўге қаратылған илажлардың орынланыў барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша  Суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тарепинен қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы кейинги мәселе бойынша  Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Владимир Жоллыбеков баянат жасады.

Республикамызда исбилерменлик жумысларын еледе раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, экспортты қоллап-қуўатлаў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў арқалы жаңадан ислеп шығарыў қуўатлықларын ҳәмде халқымыз ушын жаңадан жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының басқа аймақларында енгизилмеген имканият ҳәм жеңилликлер жаратып берилди. Усы тийкарда 2025-жылдың өткен 6 айы даўамында бир қатар унамлы жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде жоқары жетискенликлерге ерисилди.

Сондай-ақ, «Өзбекстан – 2030» стратегиясына муўапық, 2030-жылға шекем сырт ел инвестиция ҳәм кредитлерин өзлестириў, экспорт прогноз көрсеткишлери ҳәмде ири инвестициялық жойбарларды иске түсириў көрсеткишлерин жақсылаўда ҳәр жылы басқышпа-басқыш жоқары нәтийжелерге ерисиў мақсетинде реже ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынғанлығы атап өтилди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибинде «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине парламентлик сораў жибериў туўралы кейинги мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети баслығы Бердибек Сейтназаров баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылып, қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығының орынбасары Жалғасбай Бердиханов баянат жасады.

Атап өтиў орынлы, мәмлекетимизде энергия турақлылығын тәмийинлеў, қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды еңгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды ҳәм салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Бул бағдарда үлкен потенциалға ийе болған Қарақалпақстан ушын электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша үлкен мақсетли режелер белгилеп алынған.

Бул нәтийжелерге ерисиўде ең дәслеп, тараўдың ҳуқықый тийкарын жетилистириў талап етилиўи оғада әҳмийетли болып, усы мақсетте «Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы нызамы ислеп шығылды.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ бесинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Хожели районында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў бойынша жумыслар көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында халыктың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбиерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Толық оқыў

Хўжайли туманида фуқароларнинг бандлигини таъминлаш ва қўшимча даромад олишига кўмаклашиш бўйича ишлар кўриб чиқилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев Хўжайли туманида аҳоли бандлигини таъминлаш, янги иш ўринларини яратиш ва тадбиркорликни ривожлантириш борасида амалга оширилаётган ишлар билан танишди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығы жоқары дәрежеде белгиленеди

Президент қарарына муўапық, миллий ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық даңқлы сәнеси Жаңа Өзбекстанның раўажланыў дәрежеси, жәҳән майданындағы абырай-мәртебесине ҳәр тәреплеме мүнәсип тәризде, жоқары дәрежеде белгиленеди.

Ғәрезсизликтиң 34 жыллығына бағышланған байрам илажлары "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген ҳалда өткериледи.

Ғәрезсизлик байрамы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда мүнәсип белгилениўи тәмийинленеди.

"Ана дияр - реңлер жылўасында", "Ўатан ушын жасайық!", "Ең уллы, ең әзиз" сыяқлы дәстүрий таңлаўлар жоқары дәрежеде өткериледи.

Мустақиллигимизнинг 34 йиллиги юксак савияда нишонланади

Президент қарорига кўра, миллий истиқлолимизнинг 34 йиллик шонли санаси Янги Ўзбекистоннинг тараққиёт даражаси, жаҳон майдонидаги обрў-эътиборига ҳар томонлама муносиб тарзда, юксак савияда нишонланади.

Мустақилликнинг 34 йиллигига бағишланган байрам тадбирлари "Ватан учун, миллат учун, халқ учун!" деган эзгу ғояни ўзида мужассам этган ҳолда ўтказилади.

Мустақиллик байрами Қорақалпоғистон Республикаси, вилоятлар марказлари ва Тошкент шаҳрида, шунингдек, барча шаҳар ҳамда туманлар, қишлоқ ва овулларда муносиб нишонланиши таъминланади.

"Она диёр – ранглар жилосида", "Ватан учун яшайлик!", "Энг улуғ, энг азиз" каби анъанавий кўрик-танловлар юқори даражада ўтказилади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президент Шавкат Мирзиёев раислигида йўл ҳаракати хавфсизлигини таъминлаш, инфратузилмасини яхшилаш ва тирбандликларни камайтириш чора-тадбирлари юзасидан ўтказилган видеоселектор йиғилишида белгиланган асосий вазифалар.

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, инфраструктурасын жақсылаў ҳәм тығылысларды азайтыў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен 2025-жыл «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы деп белгиленген еди. Усы тийкарда бүгинги күнде елимизде қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усындай илажлар нәтийжесинде Қоңырат районындағы «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйыны жасыл мәҳәллеге айландырылды. Улыўма үлгили типте қурылған 91 турақ-жайларға толық қуяш панельлери орнатылып, аймақта жасаўшы пуқаралардың энергияға болған талабын қанаатландырыў имканияты арттырылды.

Ҳурматли Президентимизнинг топшириғи билан 2025 йил «Атроф-муҳитни муҳофаза қилиш ва «яшил иқтисодиёт» йили деб белгиланган эди. Шу асосда бугунги кунда юртимизда қайта тикланувчи энергия манбаларидан фойдаланишни оммалаштириш бўйича кенг кўламли чора-тадбирлар амалга оширилмоқда.

Хусусан, шундай чора-тадбирлар натижасида Қўнғирот туманидаги «Қўнғирот» овул фуқаролар йиғини яшил маҳаллага айлантирилди. Намунавий типда қурилган 91 та уй-жойга тўлиқ қуёш панеллари ўрнатилиб, ҳудудда яшовчи фуқароларнинг энергияга бўлган эҳтиёжини қондириш имконияти оширилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳайдовчиларни тайёрлаш бўйича янги тизим самара беришни бошлагани таъкидланди. Йил бошидан стажи кам ҳайдовчиларнинг қоидабузарлиги 15 фоизга, оғир авариялар 30 фоизга қисқарди.

Лекин пиёдалар, айниқса ёшларнинг маданияти ва йўл ҳаракати қоидалари ҳақидаги билимларини ошириш – долзарб масала.

Масъул вазирликларга янги ўқув йилигача мактаб ва боғчаларда ҳаракат хавфсизлиги бўйича дастурларни тубдан янгилаш топширилди.

Мактаб ўқувчилари ва маҳалладаги ёшлар ўртасида “Яшил чироқ” мусобақалари қайта тикланиб, республика ғолибларига Президент совғаси берилади.

Йўл ҳаракати қоидалари бўйича содда видео ва анимацион контентлар яратилади. Маҳаллада, турли тадбирларда йўл қоидаларига амал қилиш бўйича тушунтириш ишлари йўлга қўйилади.

Йиғилишда ҳудудлар, соҳа учун масъул вазирлик ва идоралар раҳбарларининг ҳисоботлари тингланди.

Айдаўшыларды таярлаў бойынша жаңа система нәтийже бере баслағаны атап өтилди. Жыл басынан төмен стажлы айдаўшылардың қағыйдабузарлығы 15 процентке, аўыр авариялар 30 процентке азайды.

Бирақ пиядалар, әсиресе, жаслардың мәденияты ҳәм жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққындағы билимлерин арттырыў - әҳмийетли мәселе.

Жуўапкер министрликлерге жаңа оқыў жылына шекем мектеп ҳәм бақшаларда ҳәрекет қәўипсизлиги бойынша бағдарламаларды түп-тийкарынан жаңалаў тапсырылды.

Мектеп оқыўшылары ҳәм мәҳәлледеги жаслар арасында «Жасыл шырақ» жарыслары қайта тикленип, республика жеңимпазларына Президент саўғасы бериледи.

Жол ҳәрекети қағыйдалары бойынша әпиўайы видео ҳәм анимациялық контентлер жаратылады. Мәҳәлледе, түрли илажларда жол қағыйдаларына әмел етиў бойынша түсиндириў жумыслары жолға қойылады.

Мәжилисте аймақлар, тараў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм мәкемелер басшыларының есабатлары тыңланды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ўтган йилда ҳайдовчилар 24 миллионта ҳуқуқбузарлик содир этган. Буларнинг 81 фоизи қўпол қоидабузарликка киради. Самарқанд, Қашқадарё, Тошкент вилояти ва Тошкент шаҳрида бу сурункали тус олган.

Ижтимоий тармоқларда аҳоли, ҳатто таниқли шахслар ўртасида “жаримани тўлаб қўйдим-ку, хоҳлаганимдек юравераман”, дейиш авж олган.

Эндиликда йўлларда ҳайдовчилик маданиятини ошириш, ашаддий ҳуқуқбузарларга қонун кучини кўрсатиш мақсадида янги тизим қиламиз”,

– деди Президент.

Бунинг учун “Сурункали қоидабузарлар” дастури ишга туширилади.

Қарама-қарши ҳаракатланиш, чироқнинг қизил рангида ўтиш бир ой ичида 2 марта содир этилса ёки тезлик 5 марта оширилса1 йилгача жаримадан чегирма берилмайди.

Бундай ҳуқуқбузарликлар бир ой ичида 10 тадан кўп бўлса6 ойгача ҳайдовчилик гувоҳномасидан маҳрум қилинади.

Шунингдек, тезлик учун жарималарни қайта кўриб чиқиб, меъёрдан 2-3 карра тез юрганларни ҳайдовчилик ҳуқуқидан маҳрум қилиш бўйича қонунчиликка ўзгартириш киритиш мақсадга мувофиқ экани қайд этилди.

Өткен жылы автомашина басқарыўшылар 24 миллион ҳуқықбузарлық ислеген. Булардың 81 проценти қопал қағыйданы бузыўшылыққа жатады. Самарқанд, Қашқадәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында бул созылмалы түс алған.

Социаллық тармақларда халық, ҳәттеки, белгили шахслар арасында «жариманы төлеп қойыппан ғой, қәлегенимше жүре беремен», деў ҳәўиж алған.

«Ендигиден былай жолларда айдаўшылық мәдениятын арттырыў, қатаң ҳуқықбузарларға нызам күшин көрсетиў мақсетинде жаңа система жаратамыз»,

- деди Президент.

Буның ушын «Сурункали қоидабузарлар» бағдарламасы иске қосылады.

Қарама-қарсы ҳәрекет етиў, светтиң қызыл реңинде өтиў бир ай ишинде 2 мәрте жүз берсе ямаса тезлик 5 мәрте асырылса - 1 жылға шекем жәриймадан шегирме берилмейди.

Бундай ҳуқықбузарлықлар бир ай ишинде 10 нан көп болса - 6 айға шекем айдаўшылық гүўалығынан айырылады.

Сондай-ақ, тезлик ушын жәриймаларды қайта көрип шығып, нормадан 2-3 есе тез жүргенлерди айдаўшылық ҳуқықынан айырыў бойынша нызамшылыққа өзгерис киргизиў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстанда тест сынақлары басланды

Бүгин, 14-июль күни елимиз бойлап 2025-2026-оқыў жылы ушын жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланды.

Нөкис қаласындағы тест сынақлары өткерилетуғын орынлар қатарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт комплекси ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында абитуриентлер тест сынақларына қатнаспақта.

Тест тапсырылатуғын орынларда абитуриентлердиң ата-аналары ушын күтиў орынлары, тест процесин онлайн бақлаў имканияты, сондай-ақ, басқа да зәрүр шараятлар жаратылған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, тест сынақлары күнине еки сменада –
1-смена 08:00 ден 11:00 ге шекем, ал 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.

Қарақалпақстан Республикасында жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына улыўма 32 700 ден аслам абитурентлер қатнасыўы күтилип атырған болып, тест сынақлары усы жылдың 22-июль күнине шекем даўам етеди.

Тест сынақлары толық видеобақлаў арқалы онлайн трансляция етилмекте ҳәм процессти test2025.uz сайты арқалы онлайн бақлап барыў имканияты жаратылған.

Қорақалпоғистонда тест синовлари бошланди

Бугун, 14-июль куни мамлакатимиз бўйлаб 2025-2026-ўқув йили учун олий ва касбий таълим муассасаларига ўқишга кириш тест синовлари бошланди.

Нукус шаҳридаги тест синовлари ўтказиладиган жойлар қаторида Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти спорт мажмуаси ва Бердақ номидаги Қорақалпоқ давлат университетининг спорт саройида абитуриентлар тест синовларида иштирок этмоқда.

Бу ерда абитуриентларнинг ота-оналари учун кутиш жойлари, тест жараёнини онлайн кузатиш имконияти, шунингдек, бошқа да зарур шароитлар яратилди.

Маълумот ўрнида таъкидлаш жоиз, тест синовлари кунига икки сменада – 1-смена 08:00 дан 11:00 гача, 2-смена эса 15:00 дан 18:00 гача бўлиб ўтади.

Қорақалпоғистон Республикасида олий ва касбий таълим муассасаларига кириш тест синовларида жами 32 700 дан ортиқ абитуриентлар иштирок этиши кутилаётган бўлиб, тест синовлари шу йилнинг 22-июль кунигача давом этади.

Тест синовлари тўлиқ видеокузатув орқали онлайн трансляция қилинмоқда ҳамда жараённи test2025.uz сайти орқали онлайн кузатиб бориш имконияти яратилган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан делегациясы қурылыс тараўындағы жойбарлар бойынша Қытай мәмлекети компаниясы менен сөйлесиўлер алып барды

Қурылыс тараўындағы инвестициялық жойбарларды додалаў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бойынша Қарақалпақстан делегациясы Қытай Халық Республикасына хызмет сапары менен барды.

Толық оқыў

Қорақалпоғистон делегацияси қурилиш соҳасидаги лойиҳалар бўйича Хитой давлати компанияси билан музокаралар олиб борди

Қурилиш соҳасидаги инвестиция лойиҳаларини муҳокама қилиш ва ҳамкорликни мустаҳкамлаш бўйича Қорақалпоғистон делегацияси Хитой Халқ Республикасига хизмат сафари билан борди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Тайынлаў

Уббиев Алишер Таиирович – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына тайынланды.

А.Уббиев тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигиниң директоры лаўазымында жумыс алып барған.

Тайинлов

Уббиев Алишер Таиирович - Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти ректори лавозимига тайинланди.

А.Уббиев тайинловга қадар Ўзбекистон Республикаси Мактабгача ва мактаб таълими вазирлиги ҳузиридаги Ихтисослаштирилган таълим муассасалари агентлиги директори лавозимида фаолият юритган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары ҳәм де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў туўралы мәселе қарап шығылды.

Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен тек ғана Қарақалпақстан ушын 119-санлы арнаўлы Пәрман қабыл етилип усы тийкарда, қала ҳәм районлардағы жәми 27 мың 590 кадастр ҳүжжети болмаған турақ жайларға ийелик етиў ҳуқуқы берилди ҳәм кадастр паспортлары ислеп шығылып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Бул ийгиликли жумыслар еле де даўам еттирилип, «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәмде оларда қурылған имаратлар ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамы қабыл етилди.

Сессияда усы нызам басшылыққа алынып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және де оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 266 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жасларды дене тәрбия ҳәм спортқа қамтып алыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министриниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Спорт министри Еркинбай Қутыбаев баянат жасады.

Атап өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, дене тәрбия ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2025-жыл 13-февраль күни олимпия ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар бул бағдардағы ийгиликли ислерди жаңа басқышларға көтермекте.

Сессияда белгилеп алынған ўазыйпалар, берилген тапсырмалар тийкарында республикамызда бир қатар илажларлар әмелге асырылып, бул бағдардағы жумыслар еле де даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе қарап шығылып, бул бойынша депутатлар қарар қабыл етти.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Буннан соң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен исленип атырған жумыслар ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратовтың мәлимлемеси тыңланды.

Бул мәселеде толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, сырт ел компанияларының дәрилерин тийкарсыз буйырыў жағдайларына шек қойыў, тараўда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Денсаўықты сақлаў министрлиги М.Қурбанов шығып сөйледи.

Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша  Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Алишер Атажанов баянат жасады.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша қарар қабыл етилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Хожели районын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар ҳәм әмелге асырылыўы тийис илажлардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.

Толық оқыў

Хўжайли туманини ривожлантириш масалалари кўриб чиқилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев раҳбарлигида Хўжайли туманини ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш, аҳоли бандлигини таъминлаш, давлат дастурлари доирасидаги белгиланган вазифалар ва амалга оширилиши лозим бўлган чора-тадбирлар ижросига бағишланган мажлис ўтказилди.

Тўлиқ ўқиш


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 13-июльдағы "Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында "Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў-2-фаза" жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы 317-санлы қарары менен ажыратылған жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында Қоңырат районындағы «KUNGRAD GOLDEN EGG» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қусшылық жойбары әмелге асырылған еди. Усы тийкарда ҳәзирги ўақытта ишки базарларға сапалы таўық гөши ҳәм мәйек өнимлери жеткерилип берилмекте. 

Қусшылық хожалығында бүгинги күнде оннан аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленген болып, Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша өз алдына берилген жеңилликлер тийкарында кәрхана жумысы еле де кеңейтилиўи режелестирилген.

Ҳурматли Президентимизнинг 2022 йил 13 июлдаги "Халқаро тикланиш ва тараққиёт банки ҳамда Халқаро тараққиёт уюшмаси иштирокида «Қишлоқ тадбиркорлигини ривожлантириш-2-фаза» лойиҳасини амалга ошириш чора-тадбирлари тўғрисида"ги 317-сон қарори билан ажратилган имтиёзли кредит маблағлари асосида Қўнғирот туманидаги "KUNGRAD GOLDEN EGG" масъулияти чекланган жамияти томонидан паррандачилик лойиҳаси амалга оширилган эди. Шу асосда айни пайтда ички бозорларга сифатли товуқ гўшти ва тухум маҳсулотлари етказиб берилмоқда.

Паррандачилик хўжалигида бугунги кунда ўндан ортиқ фуқаронинг бандлиги таъминланган бўлиб, Қорақалпоғистонда тадбиркорликни ривожлантириш бўйича алоҳида берилган имтиёзлар асосида корхона фаолияти янада кенгайтирилиши режалаштирилган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан ушын өз алдына берилген жеңиллик тийкарында пуқаралар темир жол ҳәм авиа билетлеринен шегирме менен пайдаланбақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 15-сентябрьдеги 213-санлы тарийхый пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, сондай-ақ, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди 50 процентлик шегирме менен сатып алыў имканияты жаратылған еди.

Бул жеңиллик халқымызды қоллап-қуўатлаў, олар ушын қолайлы ҳәм мүнәсип шараятлар жаратыўға қаратылған илажлардың және бир көриниси есапланады.

Қорақалпоғистон учун алоҳида берилган имтиёз асосида фуқаролар темир йўл ва авиа билетларидан чегирма билан фойдаланмоқда

Ҳурматли Президентимизнинг 2022 йил 15 сентябрдаги 213-сонли тарихий фармонига мувофиқ, Қорақалпоғистон Республикасида яшовчи ёшга доир пенсия ва нафақа олувчилар, шунингдек, ногиронлиги бўлган фуқаролар учун темир йўл ва авиа чипталарни 50 фоизлик чегирма билан сотиб олиш имконияти яратилган эди.

Бу имтиёз халқимизни қўллаб-қувватлаш, улар учун қулай ва муносиб шароитлар яратишга қаратилган чора-тадбирларнинг яна бир ифодасидир.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Жаслар - мәмлекет итибарында!

Бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларға қаратылған итибар, олардың арзыў-нийетлери менен басламаларын қоллап-қуўатлаў - мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Тек ғана 2025-жылдың өзинде жаслардың турмысына байланыслы 7 норматив-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.
Олар тийкарында жасларға бир қатар әҳмийетли имканиятлар жаратылып атыр. Атап айтқанда:

🔹 Кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери ушын - процентиз тәлим кредити ҳәм қосымша грантлар;
🔹 "Жаслар дәптери"не киргизилген жаслар ушын - транспорт басқарыў гүўалығына оқыў пулы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи;
🔹 Бизнес баслаўды қәлеўши жаслар ушын - 100 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Әлбетте, булардың барлығы жаслардың өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўына тийкар болып хызмет етеди.

Ёшлар - давлат эътиборида!

Бугунги кунда ҳурматли Президентимиз раҳбарлигида ёшларга қаратилган эътибор, уларнинг орзу-интилишлари ва ташаббусларини қўллаб-қувватлаш - давлат сиёсатининг устувор йўналишларидан бирига айланди.

Биргина 2025 йилнинг ўзида ёшлар ҳаётига оид 7 та норматив-ҳуқуқий ҳужжат қабул қилинди.
Улар асосида ёшларга бир қатор муҳим имкониятлар яратилмоқда . Хусусан:

🔹 Кам таъминланган оилалар фарзандлари учун - фоизсиз таълим кредити ва қўшимча грантлар;
🔹 "Ёшлар дафтари"га киритилган ёшлар учун - ҳайдовчилик гувоҳномасига ўқиш пули давлат томонидан қоплаб берилади;
🔹 Бизнес бошлашни хоҳловчи ёшлар учун - 100 миллион сўмгача имтиёзли кредитлар ажратилади.

Албатта, буларнинг барчаси ёшларнинг ўз қобилиятларини юзага чиқаришига асос бўлиб хизмат қилади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ бесинши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бесинши сессиясы 2025-жыл 12-июль күни саат 10:30 да Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг бешинчи сессиясининг очилиши тўғрисида

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг бешинчи 2025 йил 12 июль куни соат 10:30 да Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг мажлислар залида очилади.

Сессия "Қарақалпақстан" телеканали орқали тўғридан-тўғри эфирга берилади.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|joqargikenes">YouTube

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Қоидабузарлик учун айрим ЙҲХБлар орадан 7-8 ой ўтиб жарима қўллаш қарорини чиқараётгани бўйича эътирозлар кўплиги кўрсатиб ўтилди.

Эндиликда қоидабузарлик содир этилган кундан бошлаб бир ойда қарори чиқмаса, ҳайдовчи ҳеч қандай жарима тўламаслиги белгиланди.

Замонавий йўллар қурилаётгани, юқори хавфсизлик мосламалари мавжуд машиналар сони ҳам кун сайин кўпайиб бораётгани сабабли тезлик масаласида янгича ёндашувлар кераклиги таъкидланди.

Ички ишлар вазирлигига вилоят ҳокимлари билан тезлик чекловларини қайта кўриб чиқса бўладиган йўл участкалари рўйхатини шакллантириш топширилди.

Қағыйдабузарлық ушын айырым ЖҲҚБлар арадан 7-8 ай өтип жәрийма қолланыў қарарын шығарып атырғаны бойынша наразылықлар көп екенлиги көрсетип өтилди.

Енди қағыйдабузарлық жүз берген күннен баслап бир ай ишинде қарары шықпаса, айдаўшы ҳеш қандай жәрийма төлемейтуғыны белгиленди.

Заманагөй жоллар қурылып атырғаны, жоқары қәўипсизлик үскенелери бар машиналардың саны да күн сайын көбейип атырғаны себепли тезлик мәселесинде жаңаша жантасыўлар керек екенлиги атап өтилди.

Ишки ислер министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен тезлик шеклеўлерин қайта көрип шығыў мүмкин болған жол участкаларының дизимин қәлиплестириў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…

Joqarǵı keńes.uz

Президентимиз яна бир масалага эътибор қаратди.

Айрим вазирлик ва идоралар, ҳокимликларнинг маъмурий биноси жойлашган кўчалар ёпиб қўйилганидан, шусиз ҳам тирбанд кўчаларда уларнинг ходимлари йўлни 2-3 қаторини “парковка” қилиб олганидан аҳоли норози.

Президент топшириғига кўра, 15 минг нафар ҳайдовчилар ўртасида сўров ўтказилди. Пойтахтда ҳам, йирик шаҳарларда ҳам қонуний “парковкалар” етишмагани учун улар машинасини йўл бўйига қўйишга мажбурлигини билдирган.

Умуман, оддий ҳайдовчилар дардини эшитадиган одам, мулоқот платформаси йўқ”,

- деди Президент.

Мутасаддиларга барча ташкилот ва маҳаллалардаги асоссиз қўйилган тақиқловчи белгиларни олиб ташлаш топширилди.

Вазирлик ва идоралар ходимлари аҳолига ноқулайлик яратиб, “парковка” қилиб олган ҳудудларда фото ва видео камералар ўрнатиб, жазо муқаррарлигини таъминлаш вазифаси қўйилди.

Давлат хизматчилари жамоат транспортида юриш бўйича намуна бўлиши кераклиги қайд этилди. Эндиликда Ҳукумат қарори билан тасдиқланган рўйхатдан ташқари раҳбарларнинг хизмат машинасига йўлларда устунлик берилмаслиги белгиланди.

Президентимиз және бир мәселеге итибар қаратты.

Айырым министрликлер ҳәм мәкемелер, ҳәкимликлердиң админстративлик имараты жайласқан көшелер жаўып қойылғанынан, онысыз да тығылыслы көшелерде олардың хызметкерлери жолдың 2-3 қатарын «парковка» етип алғанынан халық наразы.

Президент тапсырмасына муўапық, 15 мың автомашина басқарыўшысы арасында сораў өткерилди. Пайтахтта да, ири қалаларда да нызамлы «парковкалар» жетиспей атырғаны ушын олар машинасын жол бойына қойыўға мәжбүр екенин билдирген.

«Улыўма, әпиўайы айдаўшылардың дәртин еситетуғын адам, қарым-қатнас платформасы жоқ»,

- деди Президент.

Жуўапкерлерге барлық шөлкемлер ҳәм мәҳәллелердеги тийкарсыз қойылған қадаған етиўши белгилерди алып таслаў тапсырылды.

Министрликлер ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери халыққа қолайсызлық жаратып, «парковка» етип алған аймақларда фото ҳәм видео камералар орнатып, жазаның сөзсиз екенлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетлик хызметкерлер жәмийетлик транспортта жүриў бойынша үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди. Енди Ҳүкимет қарары менен тастыйықланған дизимнен тысқары басшылардың хызмет машинасына жолларда үстемлик берилмеўи белгиленди.

Facebook|Instagram|X

Читать полностью…
Subscribe to a channel