💻muynak.uz 📱youtube.com/channel/UCvShnrQFTti7Ap8iK8gPXWA 📱https://www.facebook.com/profile.php?id=10008; 📱instagram.com/muynak.press.service/; 📱twitter.com/05RTa8ARQqi9NyE; ☎613221357; 📝http://t.me/joinchat/FH3LxNAWuVRQDy4g; @muynakpress_bot;
ҚАНДАЙ БАХЫТЛЫСЫЗ АНАСЫ БАРЛАР!
Сулыўлыққа бөлеп пүткил дүньяны,
Есик қақты гөззал бәҳәр әйямы,
Келди аналардың уллы байрамы,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Ана кеўлин табыў, бул - үлкен саўап,
Байғус отырғандур есикке қарап,
Барып көриў болсын, бүгинги талап,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Сапарға шықсаңыз қалар узатып,
Тилегиңде болар келгенше қайтып,
Қабартпаң кеўилин ҳәргиз муңайтып,
Қандай бахытлысыз анасы барлар!
Бойың өсип жетсең ақыл-санаға,
Өзиңди ҳеш үлкейдим деп санама,
Кишкенесең еле байғус анаңа,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Бахтың жанып, күлсе егер әўметиң,
Ойлама ҳеш келди мениң нәўбетим,
Анаң дуўасында, барлық дәулетиң,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Зәўлим сарай салсаң балаңа дейип,
Саўға-сарпай алсаң балаңа дейип,
Жыллы-жумсақ апар анаңа дейип,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Келсе егер қырық, елиўге жасың,
Ақ қыраў шалса да самайда шашың,
Бала боп қаласыз анаңыз ушын,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Кеўлимде уялап балалық сезим,
Қумсайман анамның мийримли жүзин,
Анасы барларға келер ҳәўесим,
Қандай бахытлысыз, анасы барлар!
Алия Бекмағанбетова, Мойнақ районы Қазақдәрья аўылы.
🔹 «Редан» ҳаракати ҳақида биласизми?
Сўнгги кунларда бир нечта давлатларда авж олган ушбу ҳаракат ўсмирлар онгига таъсир ўтказиш йўли билан улардан фойдаланиб, вазиятни беқарорлаштиришни мақсад қилиб олган.
📹 Батафсил юқоридаги видеолавҳада томоша қилинг.
🌐 Youtube
Тошкент шаҳар ИИББ
Мойнақ районы ҳәкими Менглибеков Бахтияр Бекмурзаевичтиң "8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни" байрамы мүнәсибети менен районымыз ҳаял-қызларына байрам қутлықлаўы
Әзиз аналар, әдиўли апа-қарындаслар, жеңгелер!
Бәршеңизди бәҳәрдиң дәслепки әйямы, гөззалық байрамы - Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлайман! Сиз барсыз, шаңарағымыз аман, хожалығымыз пүтин, қәлбимиз тыныш! Сиз барсыз, перзентлеримиз бахтлы, қуўанышлы. Тилегим - ҳәрдайым жүзиңизден күлки, көзиңизден қуўаныш ҳәм кеўлиңизден шүкиршилик кетпесин! Ҳәр бир мәўритиңиз бахытқа толып, ҳәр бир күниңиз байрам болсын!
Әзиз ҳаял-қызлар!
Бәршеңизге узақ өмир, беккем денсаўлық, шексиз муҳаббат ҳәм ҳәмийше әўмет яр болыўын тилеймен!
Терең ҳүрмет пенен Мойнақ районы ҳәкими Менглибеков Бахтияр Бекмурзаевич!
Каналға ағза болыў: /channel/BaxtiyarMenglibekov
Жоқарғы Кеңес Баслығы Бостан каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресиминде қатнасты
Каналдың иске түсиўи менен 100 мың гектар егислик жер майданларды суўғарыў имканияты жаратылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президент Шавкат Мирзиёев: Янги Ўзбекистонни барпо этишда, Учинчи Ренессанс бунёдкори бўлган ёш авлодни тарбиялашда сизларга, сизларнинг буюк мураббийлик фазилатларингизга таянамиз.
—
Президент Шавкат Мирзиёев: В строительстве Нового Узбекистана, воспитании молодого поколения – созидателей Третьего Ренессанса мы опираемся прежде всего на вас, ваши замечательные качества.
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
"Mehir dápteri"ndegi balalarǵa bir álem quwanısh úlesildi
Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabinetiniń 2022-jıl 17-yanvardaǵı 26-sanlı "Jetim balalar hám ata-ana qaraǵınan ayrılǵan balalardı hár tárepleme qollap-quwatlawǵa qaratılǵan «Mehir dápteri» sistemasın engiziw ilajları tuwrısında"ǵı qararına tiykar Moynaq rayonınan 5 bala dápterge kiritilgen edi. Búgin usı balalardıń mútájlikleri, qızıǵıwshılıqları, árman, tileklerinen kelip shıǵıp, bilim alıwı hám sport penen shuǵıllanıwı ushın planshet, kompyuter toplamları, velosipedler, sonıń menen birge ásbap-úskeneler alıp berildi. Bular Moynaq rayonı hákimi Baxtiyar Menglibekov tárepinen saltanatlı túrde tapsırıldı.
Balalarımızdıń quwanıshın tikkeley jarıtılǵan efirimiz arqalı tamashalawıńız múmkin.
https://www.instagram.com/tv/CpfCyuoumIX/?igshid=MDJmNzVkMjY=
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
8-mart xotin qizlar bayrami munosabati bilan Mo‘ynoq tumani IIBda xizmat qilib kelayotgan ayollarini bo‘lim IIB rahbariyati va shaxsiy tarkibi tabrikladi.
Kanalǵa aǵza bolıw: /channel/qriim
Алыс аўыл балаларының ағаш ҳәм картон өнимлеринен ислеген буйымлары көргизбесинен фотокөринислер. Сүўретте 15-мектепте ер балалардың технология ханасындағы буйымлар көргизбеси сәўлеленген. Бунда қарақалпақ ҳәм Мойнақ районы халқына тән болған хожалық ҳәм басқа да буйымлар менен танысасыз.
telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди
Бүгин Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында кеңейтилген аппарат мәжилиси өткерилди.
Өткерилген мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимликлери, министрлик ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен белгиленген тапсырмалардың орынланыўы ҳәм алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар талқыланды.
Соның менен бирге, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде алып барылыўы тийис қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, олардың бүгинги күндеги барысы бойынша мәселелер қарап шығылды.
Белгиленген тапсырмаларды орынлаўда жол қойылған қәте-кемшиликлер сынға алынып, өз жумысларына немқурайдылық пенен қараған жуўапкерлер ескертилди.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Хабарландырыў
2023-жылдың 26-февраль сәнесинде "Тентек арна" сайлаў округинде босап қалған орынға сайлаў өткериледи.
Сайлаў өткерилетуғын орны: Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ата-аналар жыйналысы өткерилди. Күн тәртибинде мектепте 2022-2023-оқыў жылының есабаты ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында мектеп директоры А.Нуржанова айтып өтти.
❇️Ата-аналар менен жас өспиримлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, пән ҳәм спорт дөгереклерине турақлы қатнастырыў ҳәм ата-аналардың жуўапкершилиги ҳаққында кеңинен мағлыўматлар берилди.
❇️Бүгинги күнде жасларды физикалық ҳәм руўхый жетик инсанлар етип тәрбиялаў оқытыўшылар ушын оғада әҳмийетли ўазыйпа екенлиги ҳаққында түсиник берип, мектепте жаңадан бойы тиклеген спорт зал ҳәм "Ашық бюджет" жойбары тийкарында мектепке алынған инвентарьлар менен таныстырды.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Кеўил билдириў
Он жылдан аслам ўақыт түрли тараўлар бойынша Мойнақ районы ҳәкими орынбасары лаўазымы ҳәм суў хожалығы бойынша жемисли мийнет еткен Мамбетмуратов Талуасбай Мамбеталиевичтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен оның жақын-жуўықлары, туўған-туўысқанлары ҳәм шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.
Мойнақ районы ҳәкимлиги жәмәәти.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Mo'ynoq akva-sanoat davlat unitar korxonasida avtomototransport vositalari haydovchilariga Mo'ynoq tumani IIB YHXG katta inspektori leytenant E.Rajapov eski namunadagi haydovchilik guvohnomalari va eski avtomototransport vositalarini qayd etish guvohnomalarini yangisiga almashtirish muddatlari haqida hamda yo'l transport hodisasining oldini olish borasida tushuntirish targ'ibot ishlari olib bordi.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мектеп оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай оларды кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм турмысқа таярлаў мақсетинде мектеп жәмәәтиниң ҳәмде ата-аналардың қәўендерлигинде "Кәсипке бағдарлаў ханасы" шөлкемлестирилди.
❇️Кәсипке бағдарлаў ханасында қыз балалар тигиў-пишиў, пәзенделик, ер балалар қурылыс әсбап-үскенелери менен ислеў бойынша үйретилип атыр.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Қутлықлаймыз👏👏👏
🌹Халық депутатлары Мойнақ районлық секретариат баслығы, Жазыўшылары аўқамы ағзасы, шайыра ҳәм публицист Кунсулыў Насырова Асаматдиновна 8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен "Муътабар аёл" көкирек нышаны менен сыйлықланды.
🌹Мойнақ районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы "Бәркамал әўлад" балалар мектебиниң дөгерек жетекшиси, Өнерментлер бирлеспеси ағзасы, өнермент Сапарниязова Гүлчеҳра "Ўатан пидайысы" көкирек нышаны менен сыйлықланды.
🌹Мойнақ районы "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Сулайманова Гулсима Бахитжановна Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
👏👏👏Мойнақ районы ҳәкимлиги жәмәәти жерлесимиздиң бул жетискенликлери менен қызғын қутлықлап, еле де үлкен-үлкен табысларға ерисе бериўине тилеклеслик билдиреди.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Mo'ynoq tumani IIB JXX YHXG xodimlari tomonidan 8-mart "Xalqaro xotin-qizlar" bayrami munosabati bilan ayol haydovchi hamda yo'lovchilarga bayram tabrigi yo'lladi.
Читать полностью…Мийнет ветераны Амин Таджиев:
Алдын Түйемойын суў сақлағышынан егислик майданларға шекем суў жетип бараман дегенши 48 процент суў жоғалтылатуғын еди, яғный суўдың пайдалылық коеффициенти 52 процентти қурайтуғын еди. Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң көби менен жоғалтылатуғын суў муғдары 15 процентке шекем азайып, егислик майданларына суў жетип барыўы 85 процентке шекем көбейеди. Бул өз гезегинде дийқаншылық пенен шуғылланыўшы, қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм кластерлер ушын экономикалық жақтан салмақлы пайда келтиреди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы Бостан каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресиминде қатнасты
Айтып өтиў орынлы, сонғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасына ағын суў жеткерип берилиўин жақсылаўға қаратылған итибары нәтийжесинде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Усы тийкарда Жәҳән банки қатнасыўында “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары әмелге асырылып атырған болып, бүгинги күнде жуўмақланыў басқышындағы қурылыс жумыслары алып барылып атыр.
Усы илажлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасының Елликқала (33,2 мың га), Беруний (34 мың га) ҳәм Төрткүл (32,8 мың га) районларының 100 мың гектар суўғарылатуғын жерлеринде суў ресурслары басқарылыўы жақсыланады ҳәм жылына 269 млн. м3 суў үнемлеп қалынады.
Әмиўдәрьядан суў көтерип берип атырған “Беруний насос станциялары” басқармасы балансындағы 3 ири Дослық 16,2 м3/сек, Қилчинақ 26,4 м3/сек ҳәм Найман-Бестам 22 м3/сек, 20 үлкен ҳәм киши насос станциялары тоқтатылады, қосымша СИУ ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 402 ден артық насос агрегатлары тоқтатылады ҳәм нәтийжеде жылына 6,9 млн. долл. муғдарындағы электроэнергия ҳәм пайдаланыў шығынлары тежеп қалынады.
Канал толық иске түскеннен соң 100 мың гектарлық егислик майданларын суўғарыў имканияты жаратылады. Алдын Түйемойын суў сақлағышынан егислик майданларға шекем суў жетип бараман дегенши 48 процент суў жоғалтылатуғын еди, яғный суўдың пайдалылық коеффициенти 52 процентти қурайтуғын еди. Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң көби менен жоғалтылатуғын суў муғдары 15 процентке шекем азайып, егислик майданларына суў жетип барыўы 85 процентке шекем көбейеди. Бул өз гезегинде дийқаншылық пенен шуғылланыўшы, қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм кластерлер ушын экономикалық жақтан салмақлы пайда келтиреди.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев 8 март - Халқаро хотин-қизлар кунига бағишланган байрам тадбирида иштирок этди ва мамлакатимиз аёлларини табриклади. Бир гуруҳ хотин-қизларга тантанали равишда мукофотлар топширилди.
—
Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев принял участие и выступил с поздравительной речью на праздничном мероприятии в честь 8 марта - Международного женского дня. Состоялось торжественное вручение наград группе женщин.
#Mirziyoyev #marosim #8mart #taqdirlash
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
8-март хотин қизлар байрами муносабати билан Қарақалпоғистон Республикаси Мўйноқ тумани ИИБ бошлиғи 3-сектор раҳбари Р.С.Турганбаевнинг ташаббуси билан туманинг Қазақдарё ОФЙда аёллар ўртасида спортнинг волейбол туридан 3-сектор кубоги мусобақаси ўтказилди.
@IIVJXDUZ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумының қарары
Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социал-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери, жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын төмендегилер Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары, көкирек белгилери ҳәм «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықлансын...
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Pàzendeshilik- bul hàr qıylı azıq-awqat ònimlerin tayarlaw bolıp esaplanadı. Mazalı taǵamlar tayarlaw hám did penen dasturxanǵa tartıw pazendeshiliktiń tiykarin quraydı. Xalqımız qamırlı awqatlardı kòp tayarlaydı. Moynaq rayonındaǵı 15-sanlı mekteptıń 9-klass oqıwshılarına "Qızlarjan' dógereginde ámeliy sabaq ótkerildi. Sabaq barısında pázende qızlarımız mektep asxanasında somsa tayarlaw hàm onı dasturxanǵa uzatıw texnolgiyasın qunt penen ùyrendi.
telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Дыққат! Хабарландырыў!
Халық Банки Мойнақ филиалы турақ жай имаратыңыз ушын қуяш панели үскенесин орнатыўға "Жасыл мәкан" тутыныў кредитин усынады.
Буның ушын Сиз 18 жасқа толған 55 жастан аспаған, турақлы жумыс орны дәраматларына ийе болған Өзбектан Республикасы пуқарасы болыўыңыз керек. Кредиттиң муғдары базалық есаплаў муғдарының 200 есесине шекем шығарып бериледи. Ал, төлеў мүддетти болса 60 айдан ибарат.
Буның ушын зәрүр ҳүжжетлер:
1. қарыз алыўшы ҳәм кепилиниң паспорт нусқасы;
2. дәрматы ҳаққында мағлыўматы;
3. буйыртпашы кәрхана менен дүзилген шәртнамасы;
4. кредит суммасына тийкар тәмийинат ҳүжжетлери.
Тәмийинат - базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен асқанда мал-мүлк гиреўин қойыў арқалы әмелге асырылады.
Қосымша мағлыўмат ушын: +998932028079
telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезектеги 64-сессиясы 2023-жыл 24-февраль күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия ҳәкимликтиң социаллық тармақлары арқалы тиккелей эфирде жарытып барылады.
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Ертең, 21-февраль күни үш аймақта еки саатқа электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады
Мойнақ районы «Мойнақ, Арал, Дослық» МПЖлар аймақларында 2023-жыл 21-февраль күни саат 10:00 дeн 12:00гe шекем 10кВ өндирис фидеринде киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Бозатаў АПЖ жасларының бос ўақтын мазмунлы өткериў ҳәм спортқа болған қызығыўшылығын және де асырыў мақсетинде спорттың киши футбол түринен "Бозатаў АПЖ бириншилиги" өткерилди. Жарысқа 6 команда қатнасты.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
"Úshsay" APJ jaslar jetekshisi baslaması menen 3-sektor baslıǵı R.Turganbaevtiń basshılıǵında jaslardıń bos waqtın mazmunlı ótkeriw maqsetinde hayal-qızlar arasında sporttıń voleybol túrinen jarıs shólkemlestirildi. Jarısta orın alǵan komandalarǵa 3-sektor baslıǵı tárepinen húrmet jarlıǵı hám estelik sawǵalar tapsırıldı.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
#Bilimlendiriwge_itibar
"MOYNAQ RAYONÍ HÁKIMI KUBOGÍ" olimpiadasınıń mektep basqıshı bolıp ótti
Ulıwma orta bilim beriw mektepleriniń 11-klass oqıwshıları arasında Joqarı oqıw ornına tayarlıq basqıshın alıp barıw maqsetinde Filologiya, anıq, tábiyiy, gumanitar pánler baǵdarında "MOYNAQ RAYONÍ HÁKIMI KUBOGÍ" olimpiadasınıń mektep basqıshı bolıp ótti. Olimpiadaǵa 17 ulıwma orta bilim beriw mekteplerinen 236 oqıwshı qatnastı. Oqıwshılar eki jónelis boyınsha ózleriniń bilimlerin sınnan ótkerdi. 56 balldan joqarı ball toplaǵan oqıwshılar rayonlıq basqıshqa qatnasadı.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги қырық биринши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги қырық биринши сессиясы 2023-жыл 21-февраль күни саат 11:00 де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter