muynakpress | Unsorted

Telegram-канал muynakpress - MuynakPress

4687

💻muynak.uz 📱youtube.com/channel/UCvShnrQFTti7Ap8iK8gPXWA 📱https://www.facebook.com/profile.php?id=10008; 📱instagram.com/muynak.press.service/; 📱twitter.com/05RTa8ARQqi9NyE; ☎613221357; 📝http://t.me/joinchat/FH3LxNAWuVRQDy4g; @muynakpress_bot;

Subscribe to a channel

MuynakPress

🔰 Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар дизимнен өтсе оған қандай жеңилликлер бар?

🔹 Өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў бийпул болып, олар “Soliq” мобил косымшасы арқалы дизимнен өтеди ҳәм дизимнен өткенлиги ҳаққында матрицалы штрих код (QR-код) лы гуўалық бериледи.

🔹 Өзин өзи бәнт еткен пуқаралардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслардың жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди ҳәм тапқан дәраматы салыққа тартылмайды.

🔹 Өзин өзи бәнт еткен пуқаралар жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында (2023-жыл 1-майдан баслап жыллық 330 000 сум, ҳәр айда 27 500 сумнан туўра келеди.) социаллық салықты төлейди ҳәм пуқараға жыллық мийнет стажы есапланады ҳәмде пенсияға шыққанында пенсия муғдарын тайынлаўда төлеген салыклары есапқа алынады.

Ҳәзирги ўақытта бул өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиў керексиздей көриниўи мүмкин деген менен, пенсия жасына жеткен ўақытта мийнет стажының аз болыўы ямаса болмаўы себепли пенсия муғдарының аз болыўы менен байланыслы машқала келип шығыўы мүмкин. Бүгинги күнде усы пенсия муғдарының азлығы бойынша көплеген мүрәжатлар келип түспекте.

Усындай машқалалардың алдын алыўды ойлаған ҳәр бир өзин өзи бәнт еткен пуқара дизимнен өтсе келешекке тийкар жаратқан болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Гүл өсирип, еки перзентиниң "конракт"ын төлеп атырған ҳаял

Тумар Палымбетова - "Арал" мәкан пуқаралар жыйыны аймағы турғыны. Ол усы жердеги 1-санлы мектепте рус тили пәнинен сабақ береди. Т.Палымбетова дәслеп гүлди ҳобби сыпатында өсирген. Соң мектептиң бир ханасын бир-биринен сулыў гүллер менен толтырған. Ал, ҳәзир пүткил мектептеги гүллер Тумар Палымбетованың қолынан суў ишеди. Соның менен бирге, ол мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендиси Қаршыға Бегдуллаеваның қоллап қуўатлаўы менен "Тумар Клара" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин дүзди. Жәмийетте тийкарынан үй гүллери тәрбияланып, тутыныўшыларға жеткерип бериледи. Сондай-ақ, бул жерде бир жастың бәнтлиги тәмийинленген."Жазмыштан озмыш жоқ"дегениндей, өмирлик жолдасы қайтыс болған Тумар Ана еки перзентин билимли, илимли етиўге бар күшин сарплады.Бүгин олар жоқары оқыў орынларының студенти, қатарының алды. Т.Палымбетова:-Олардың шәртнама пулын төлеўде гүллерден түскен дәрамат та үлкен жәрдем болып тур -дейди гүллери менен мақтанып.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Хитойга давлат ташрифи билан келган Президент Шавкат Мирзиёев Сиань шаҳрида тантанали кутиб олинди

Президента Шавката Мирзиёева, прибывшего с государственным визитом в Китай, торжественно встретили в городе Сиане

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Студент болыў нийетиндеги ҳаял-қызлар асығың!

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды.
✅Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
📝Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-кызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги өлшемлердиң барлығына муўапық келиўи керек:
⏺ орта арнаўлы, яки профессионал билимлендириў бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
⏺ Усыныснама аламан дегенге шекем жоқары билим алмаған болыўы;
⏺  Орта арнаўлы, яки профессионал билим қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
📝Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў, яки ўақытша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
- Пуқаралық паспортын, яки ID картасын;
- Мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
- Орта арнаўлы, яки профессионал билим бойынша диплом.

Талабанлар тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала) Исши топарлары тәрепинен орнатылған тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў, яки усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныснама алған, бирақ жоқары оқыў орынларында студент болмаған ҳаял-қызлардың усыныснамалары 2023-2024-оқыў жылы ушын да әмел етеди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Ертең, 18-май - Халықаралық музейлер күни. Усы мүнәсибет пенен Мойнақ районындағы музейлерди тамашалаў бийпул! Соның менен бирге, концерт бағдарламасы ҳәм көргизбелерди бийпул тамашалаў мүмкиншилигине ийесиз!

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

2023-JIL 18-MAY KÚNI MOYNAQ RAYONÍNÍŃ AYÍRÍM AYMAQLARÍNDA TÁBIYǴÍY GAZ TÁMIYINATÍ WAQÍTShA TOQTATÍLADÍ

Moynaq rayonı aymaǵın tábiyǵıy gaz benen támiyinlep turǵan «Moynaq» avtomatlastırılǵan gaz bólistiriwshi stanciyasında, gaz tarmaqlarında profillaktikalıq hám ońlaw jumısları alıp barılıwına baylanıslı 2023-jıl 18-may kúni saat 09:00 den 12:00 ge shekem rayon aymaǵındagǵı "Moynaq", "Aral", "Jayxun", "Tallıózek" hám "Doslıq" MPJlar, "Toqpaq ata" awılı hám "Tikózek" APJ aymaqlarında tábiyǵıy gaz jetkerip beriw waqıtsha toqtatıladı.
Ońlaw jumısları juwmaqlanǵannan soń tábiyǵiy gaz támiyinatı qayta tiklenedi.
Ońlaw hám profillaktikalıq jumıslar sebepli jetkizilip atırǵan qolaysızlıqlar ushın «Moynaqtumangaz» gaz támiynatı bolimi tutınıwshılardan keshirim soraydı.

✍️ «Moynaqtumangaz» GTB
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Дыққат, хабарландырыў!
Ҳүрметли исбилерменлер ҳәм районымыз турғынлары!

2023-жылы 18-май күни саат 10:00де Жаслар орайы имаратында "Ҳәким ҳәм исбилермен" бағдарламасы тийкарында район ҳәкиминиң исбилерменлер менен ушырасыўы өткериледи. Өзиңизди қызықтырған яки бизнес жүритиўде ушырасып атырған машқалалар бойынша сораў ҳәм мүрәжатыңыз бенен қатынасыўға шақырамыз!

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Студент болыў нийетиндеги ҳаял-қызлар асығың!

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды.
✅Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
📝Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-кызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги өлшемлердиң барлығына муўапық келиўи керек:
⏺ орта арнаўлы, яки профессионал билимлендириў бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
⏺ Усыныснама аламан дегенге шекем жоқары билим алмаған болыўы;
⏺  Орта арнаўлы, яки профессионал билим қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
📝Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў, яки ўақытша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
- Пуқаралық паспортын, яки ID картасын;
- Мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
- Орта арнаўлы, яки профессионал билим бойынша диплом.

Талабанлар тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала) Исши топарлары тәрепинен орнатылған тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў, яки усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныснама алған, бирақ жоқары оқыў орынларында студент болмаған ҳаял-қызлардың усыныснамалары 2023-2024-оқыў жылы ушын да әмел етеди.
Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Biziń maqtanıshımız!

Moynaq rayonlıq Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı 14-sanlı mekteptiń 11-klass oqıwshısı Ómirbekov Jahangir Anwarbek ulı qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páni boyınsha "Pánler olimpiadası"nıń III Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshında 3-orındı, Ferǵana wálayatında ótkerilgen IV basqısh Ózbekstan Respublikası basqıshında sıylı 2-orındı jeńip aldı. Jáne de, Ózbekstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń aqshalay sıylıǵı hám de Joqarı oqıw ornına kiriw ushın 93 ballıq sertifikatı menen sıylıqlandı.

Bul oqıwshımızǵa aldaǵı oqıwlarında tabıs tileymiz hám Joqarı oqıw ornına kiriwine tilekleslik bildirip qalamız!!!

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ районында спорттың дзюдо түри бойынша 2009-2011 жыллары туўылған өспиримлер арасында Мойнақ районы спорт мектеби бириншилиги жарысы өткерилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ районында өткерилген "Саламатлық сейили" акциясы жаңалықлар телебағдарламасында эфирге берилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

#Инфографика

2022-жыл даўамында қурлыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигинин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын тиклеў бойынша Мойнақ районындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында алып барылған жумыслар ҳаққында инфографика

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Өзбекстан Президенти Россияның жетекши ислеп шығарыўшылары менен санаат кооперациясын еле де тереңлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти

Ўзбекистон Президенти Россиянинг етакчи ишлаб чиқарувчилари билан саноат кооперациясини янада чуқурлаштириш муҳимлигини таъкидлади

Президент Узбекистана отметил важность дальнейшего углубления промышленной кооперации с ведущими российскими производителями


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Бүгин бизлер Қарақалпақстанлы ҳаялларға тәжим етемиз. Шырайлы, күшли - бул мәканды сақлайтуғын ҳәм қорғайтуғын ҳаяллар.

"Salty Lives" қысқа метражлы фильмди жаратыў ушын Aral Dream ең жақсы дөретиўшилик күшлерди жыйнады. Бизлердиң мақсетимиз бир - Қарақалпақстанды дүньяға танытыў. Бул әжайып жер ҳәм оның әжайып адамлары ҳаққында бәлент даўыста ҳәм барлық жерде айтыўы ушын.

Бунда көркем өнер бизге жәрдем береди. Бул бизлердиң кейинги жумысымыз - “Ertangi Kun” клипин ҳәм "Shorxok" қысқа метражлы фильмин сизлер әлле қашан тамаша еттиңиз деп ойлайман. Сизлер де бизлер сыяқлы Қарақалпақстанға болған муҳаббат сезимин сезинесиз, деп үмит етемен .

Жойбарды әмелге асырыўда қоллап-қуўатлағаны ушын Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине Aral Dream өз миннетдаршылығын билдиреди.

@krmakarenko

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы тайынланды

Әметов Мақсетбай Қалбаевич
-  Мойнақ районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Мойнақ районы Халық билимлендириў бөлими баслығы лаўазымында ислеп келген.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Бүгин Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков жаслар орайы имаратында исбилерменлер менен ушырасыў өткерди. Онда Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жыл 15-май күни кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў ис-илажлары бойынша өткерилген мәжилисинде берилген тапсырмаларына муўапық, кәмбағаллықты қысқартыўда мәмлекеттиӊ исбилерменлер менен нәтийжели байланысын жолға қойыў арқалы бәнтлик дәрежесин өсириў бағдарламасы тийкарында район аймағындағы лидер исбилерменлер менен сәўбетлесиўлер өткерилип, олардыӊ пикир, усыныслары тыңланды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

‼️ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!

Қарақалпақстан Республикасының барлық турғынларын ҳәм исбилерменлерди «Қарақалпақстанда исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша ең жақсы усыныс» таңлаўында қатнасыўға шақырып қаламыз.

🗓 Таңлаў 2023-жыл 18-22-май күнлери аралығында өткериледи.

📊 Таңлаўдың мақсети – Қарақалпақстан Республикасының барлық дәрежедеги исбилерменлери ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси тəрепинен дүзилген эксперт комиссиясы таңлаўға келип түскен ең жақсы 5 усынысты таңлап алады.

🏆 Жеңимпазлар материаллық хошаметленеди.

Таңлаўда қатнасыў ушын Қарақалпақстанда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша усынысларыңызды (Мәселен: арнаўлы салық жеңилликлерин бериў имканиятлары, исбилерменлик бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан шараятында исбилерменликти раўажландырыў бойынша бар имканиятлардан пайдаланыў жоллары, исбилерменлик жумысына унамсыз тәсир ететуғын системалы машқалаларды шешиў, ҳ.т.б бойынша усыныслар) төмендеги мәнзилге жолласаңыз болады:

📩: info@parliamentrk.gov.uz
📞: (95) - 922-33-30
📞: (95) - 922-33-31

(телефон арқалы усынысларды қабыллаў 18-22-май күнлери саат 9:00 ден – 18:00 ге шекем даўам етеди).


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ районы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Мойнақ районы бас қәнигеси Жаўлан Нурсейтов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Мойнақ районы бөлими баслығы Гүлбәҳәр Тоқсанбаева ҳәм 1-санлы мектеп директоры Саламат Нуржанов пенен биргеликте Мойнақ районы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары қатнасында «Диний экстремизм ҳәм миссонерликтиң алдын алыў, глобал интернет тармағынан туўры пайдаланыў ҳәм кийиниў мәденияты» ҳаққында ҳәм мектептиң жоқары класс оқыўшылары менен  биргеликте халқымызды, әсиресе жасларымызды жат идеялар тәсиринен сақлаў, оларға қарсы иммунитетти қәлиплестириў, жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

"Қазақдәрья"да көшпели қабыллаў болып өтти

Мойнақ районы ҳәкими ҳәм секторлар басшыларының үшинши сектор аймағындағы "Қазақдәрья" аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары ушын көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

#Мойнақ_районы

Бүгин Район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Утеулиев ҳәм районлық Камбағаллықты қысқарттырыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими баслығы А.Сахиевлар район аймағындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлардағы жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде пикир усыныслар тыңланып, келешек режелер ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Министрликтиң Мәлимлеме хызмети @QR_bantlik

Читать полностью…

MuynakPress

⚡️2023-жыл 18-май күни электр тәмийинаты системасында болатуғын ири оңлаў жумыслары 20-май күнине көширилди. Усы мүнәсибет пенен 20-май күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем Мойнақ районы аймағында Мойнақ, Арал, Жайҳун, Таллы өзек, Дослық МПЖлар ҳәм Үшсай АПЖ аймақларында электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

"Ватанга ва халққа садоқат билан хизмат қилиш-олий бурчимиз" шиори остида Ўзбекистон Республикаси ИИВнинг 2023-йил 11-апрель кунги 100-сонли фармойишига асосан 1-майдан 31-майгача ўтказилиб келинаётган "Маънавият ойлиги" доирасида Мўйноқ тумани ички ишлар бўлими соҳавий хизмат ходимлари ўртасида  спортнинг қўл кураши тури бўйича уйинлари ташкиллаштирилиб, тадбирда 32 ходим иштирок этди. Ғолибларига туман ИИБ бошлиғи тамонидан таёрланган кимматбаҳо совғалар ва биринчи, иккинчи ва учунчи даражали диплом билан тақдирланди. Маънавият ойлиги тадбирлари давом этмоқда.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Biziń maqtanıshımız

27-aprel kúni ótkerilgen Moynaq rayonında ulıwma bilim beriw mektepleriniń pitkeriwshi klass oqıwshılar arasında ótkerilgen Qaraqalpaq Màmleketlik Universiteti hám Qaraqalpaqstan Respublikası Xalq bilimlendiriw minstirligi ulıwma orta bilim beriw  mektepleriniń pitkeriwshi klass oqıwshıları arasında kóp basqıshlı ximiya-biologiya pán olimpiadasında 2-sanlı mektep 11-klass oqıwshısı Umirbekova Sevara Ruslanbek qızı 2-orındı iyelep Respublika basqıshına jollama aldı hám 29-aprel kúni ótkerilgen pán olimpiadasında top birinshi onlıqta 3-orındı iyelep,3-may kúni ótkerilgen kóp basqıshlı ximiya-biologiya olimpiadasınan sıylı 1-orındı iyeledi.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Жас шаңарақлар арасында спорт жарыслары даўам етпекте

2-сектор аймағындағы "Таллыөзек" мәкан пуқаралар жыйында "15-май - Халықаралық шаңарақ күни"не арнап кәсип өнер мектебинде "Атам, анам ҳәм мен "атамасында жарыс болып өтти. Жарыста 1-орынды Самуратовлар шаңарағы, 2-орынды Шүйшибаевлар шаңарағы, 3-орынды Үббиниязовлар шаңарағы қолға киритти. Илажға район прокуроры, 2-сектор басшысы К.Хасанов қатнасып, бундай спорт жарыслары алдағы ўақытта да даўам ететуғын атап өтти.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Қазақдәрья аўылы аймағындағы мектеп оқыўшылары арасында таңлаўлар, жарыслар шөлкемлестирилди.

Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

ERTEŃ MOYNAQ RAYONÍNÍŃ AYRÍM AYMAQLARÍNDA TÁBIYIY GAZ TÁMIYINATÍ WAQÍTShA TOQTATÍLADÍ

Moynaq rayonı aymaǵında jaylasqan «Doslıq» avtomatlastırılǵan gaz bólistiriwshi stanciyasında «Urgenchtransgaz» kárxanası tárepinen ońlaw jumısları alıp barılıwına baylanıslı rayondaǵı «Hákim ata» hám «Qızıljar» awıl puqaralar jıyınlarındaǵı tutınıwshılarǵa erteń saat 10:00 den 18:00 ge shekem tábiyiy gaz jetkerip beriw waqıtsha toqtatıladı. Ońlaw jumısları juwmaqlanǵannan soń tábiyǵıy gaz támiyinatı qayta tiklenedi. «Muynoqtumangaz» gaz támiyinatı bólimi ońlaw jumısları sebepli jetkizilip atırǵan qolaysızlıqlar ushın tutınıwshılardan keshirim soraydı.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Түркменстан менен суў хожалығы бойынша бир қатар мәселелер додаланды

Өзбек-түркмен ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының мәжилисинде Түркменстан аймағында жайласқан Өзбекстан суў хожалығы объектлерине хызмет көрсететуғын жумысшылар ушын «Вахта» режимин бийкарлаў ҳәм «Таллимаржан-Таллымерджен» ҳәм «Дружба-Газоджак» шегара постларының жумысын қайта тиклеў, Әмиўдәрья суў ресурсларын биргеликте басқарыў системасын ҳәм мағлыўматлар алмасыўын автоматластырыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Буннан тысқары, Әмиўдәрья жағаларын беккемлеў ҳәм каналларын беккемлеў арқалы суўдың ысырап болыўын кемейтиў ҳәм суўдың иркинишсиз өтиў илажларын көриў, «Түйемойын гидроузелиниң Султансанжар бөгетинде суў фильтрациясына қарсы дийўал қурыў» ҳәм «Қаршы насос станцияларының каскадын капитал қайта тиклеў» (Фаза-3) жойбарлары шеңберинде тартылатуғын сырт елли қәнигелерге Түркменстан аймағына кириў визаларын бериў көрип шығылды. Көрилген мәселелер бойынша протоколға қол қойылды.

Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси 2024-жылы Түркменстанның Түркменабад қаласында өткериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Аралды қутқарыў фондыныӊ 30 жыллығы белгиленди

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

#Жаслар_сейили
#Мойнақ_районы
#Гала_концерт

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

#Жаслар_сейили
#Мойнақ_районы
#Гала_концерт

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…
Subscribe to a channel