muynakpress | Unsorted

Telegram-канал muynakpress - MuynakPress

4687

💻muynak.uz 📱youtube.com/channel/UCvShnrQFTti7Ap8iK8gPXWA 📱https://www.facebook.com/profile.php?id=10008; 📱instagram.com/muynak.press.service/; 📱twitter.com/05RTa8ARQqi9NyE; ☎613221357; 📝http://t.me/joinchat/FH3LxNAWuVRQDy4g; @muynakpress_bot;

Subscribe to a channel

MuynakPress

no comment | Халық мүрәжатлары унамлы шешилмекте

Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2021-jıl 14-yanvardaǵı "Shaxmattı jáne de rawajlandırıw, en jaydırıw hám de shaxmatshılardı tayarlaw tarawın ele de jetilistiriw is-ilájları haqqında"ǵı  PQ-4954-sanlı qararına muwapıq Moynaq rayonı mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemleri xızmetkerleri hám tárbıyalanıwshıları arasında 10-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkeminde sporttıń shaxmat túrinen jarıs ótkerildi. Tárbıyalanıwshılar arasında ótkerilgen jarısta 14-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbıyalanıwshısı Qoshqarbaev Eldar I orındı, xızmetkerler arasında bolsa, 8-sanlı mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi saz sáwbet jetekshisi Tórejanova Shaxrizada I orındı iyeledi. Jarıs qatnasıwshıları húrmet jarlıqları hám de qimbat bahalı sawǵalar menen sıylıqlandı.

Moynaq rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıw: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында оқыў ушын қосымша 3 000 орын ажыратылады

Президент пәрманы (ПФ-107-санлы, 03.07.2023 ж.) менен айырым норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Президенттиң тийисли Пәрманына киргизилген қосымшаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳамде улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билим бериў мекемелерин тамамлаған жаслар ушын 2023/2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 000 орын ажыратылады.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў орынлы, өткен 2022-жылда 213-санлы Президент Пәрманы менен 7 000 квота ажыратылған еди.

Бул дегени быйылғы жылдан баслап қарақалпақстанлы қосымша 10000 жаслар студент болыў бахтына ериседи.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń 2023-jıl 12-iyundaǵı “Kámbaǵallıqtı qısqartıwda isbilermenlik subektleri menen ózara nátiyjeli birge islesiwdi jolǵa qoyıwǵa qaratılǵan ilajlar haqqında”ǵı PP-93-sanlı Pármanı menen isbilermenlik subektlerine berilgen jeńillik hám preferenciyalardıń mazmun mánisin isbilermenlik subektlerine jetkiziw maqsetinde Qaraqalpaqstan Respublikası Gáznashılıq basqarması baslıǵı B.Shlımbetov, “Kapital bank”tıń Nókis filialı basqarıwshısı A.Joldasbayev hám rayon hakiminiń birinshi orınbasarı A.Uteuliev qatnasında 2023-jıl 7-iyul kúni Moynaq rayonı hákimliginde seminar ótkerildi.
Seminarǵa aymaqtaǵı isbilermenler, hakim járdemshileri hám shtab aǵzaları qatnastı.
Seminar juwmaǵında qatnasıwshılar ózlerine qızıqtırǵan sorawlarına juwaplar aldı.

Moynaq rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıw: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Спорт илажлары Қазақдәрья аўылында да даўам етпекте

Қазақдәрья аўылының көше басы ҳаяллары спорт илажларында белсендилик көрсетпекте.  Атап айтқанда, кеше, 6-июль күни спорттың волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилип, оған мәҳәлле ҳаяллары қамтып алынды. Ойын жуўмағында Жийдели байсын көшеси 1-орынды, Уллыбағ көшеси 2-орынды, Қумар ана көшеси 3-орынды ийеледи. Спорт илажына жәми 5 команда қатнасты.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

#Qurılıs

Moynaq rayonında 2023-jıldıń yanvar-may aylarında jámi 97.3 mlrd.swmlıq qurılıs jumısları orınlanıp, ósim páti όtken jıldıń sáykes dáwirine salıstırǵanda 100,8 % ti quradı.

Moynaq rayonı hákimligi Málimleme xızmeti

Kanalǵa aǵza bolıw: /channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

⚽️Хабарландырыў

2023-жылдың 7-июль сәнесинде районымыздағы Арал футбол стадионында саат 18:00 де футбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты 3-турының 1-ойыны болып өтеди.

Онда Мойнақ районының Мойнақ сити ҳәм Қоңырат районының Қоңыратшы командалары ойнайды.
Мойнақ районының Мойнақ сити футбол командасы ықласбентлерин командамызды қоллап-қуўатлаўға шақырамыз!

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Үйиңизге улыўма қуўатлылығы 50 кВт.қа шекемги қуяш панеллерин орнатпақшы болсаңыз қандай жеңилликлер бериледи?

2023-жыл 1-апрельден баслап пуқаралардың үйлерине киши көлемли, улыўма қуўатлылығы 50 кВт.қа шекемги қуяш панельлерин орнатыўды хошаметлеў бойынша қуяшлы шаңарақ бағдарламасы әмелге асырылмақта.

– Бул бағдарлама шеңберинде физикалық тәреплерге тийисли объектлерде орнатылған қуяш панельлеринде ислеп шығарылған ҳәм өзиниң тутыныўынан арттырып, бирден-бир электр энергия системасына орнатылған электр энергиясының ҳәр бир киловатт-саатына Мәмлекетлик бюджеттен 1000 сумнан субсидия ажыратылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының баспасөз хызмети қәнигеси М.Мершиева.

Субсидия салық уйымлары тәрепинен ҳәр айда «Солиқ» мобиль қосымшасы арқалы есабат бериў айынан кейинги айдың 25-сәнесине шекем пуқаралардың банк пластик карталарына өткерип бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

"Мойнақ" МПЖ көше басы ҳаяллары "Саламат турмыс тәризи ушын 5000 қәдем жойбарын әмелге асырды

"Мойнақ" МПЖ ҳаял-қызлар белсендиси Ҳүрзия Каримуллаеваның шөлкемлестириўинде мәҳәлледеги көше басы ҳаялларының қатнасында "Саламат турмыс тәризи ушын 5000 қәдем" жойбары әмелге асырылды. Илаж даўамында ҳаяллар 5000 қәдем жүрис пенен бирге дене шынығыўларын иследи. Бундай спорт илажлары бәрше мәҳәлледе өткерилиўи режелестирилген.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

🪧 Реклама қурылмаларын орнатып исбилерменлик басламакшысызба?

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 119 реклама конструкцияларын орнатыў ушын жер участкалары e-auksion.uz да

▫️Нөкис қаласы 16 (қараңыз)
▪️ Әмиўдәрья районы 16 (қараңыз)
▫️ Бозатаў районы 2 (қараңыз)
▪️ Қараөзек районы 8 (қараңыз)
▫️ Кегейли районы 13 (қараңыз)
▪️ Қанлыкөл районы 10 (көриў)
▫️ Мойнақ районы 1 (қараңыз)
▪️ Нөкис районы 15 (қараңыз)
▫️ Тақыятас районы 8 (қараңыз)
▪️ Тахтакөпир районы 6 (қараңыз)
▫️ Хожели районы 15 (қараңыз)
▪️ Шымбай районы 5 (қараңыз)
▫️ Шоманай районы 4 (қараңыз)

Аймақлардан сыртқы реклама объектлерин жайластырыў хуқықын сатып алың!

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube

Читать полностью…

MuynakPress

Көше бийлери менен пикирлесиў машқалаларды анықлаўдың әҳмийетли бағдары

Пуқаралар менен бирге жасап, олардың дәрти ҳәм тәшўиши, турмыслық машқалаларын теңдей көрип, жақыннан сезинген көше бийлери менен пикирлесиў машқалаларды анықлаўдың әҳмийетли бағдары есапланады. Сонлықтан да, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен олар менен ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Алдынғы ушырасыўларда билдирилген усыныс ҳәм мәселелердиң басым көпшилиги шешимин тапты.

Бүгинги күнде өткерилип атырған ушырасыўларда да көше бийлери тәрепинен әҳмийетли машқалалар бойынша орынлы усыныслар билдирилмекте.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

⚡️Бозатаў, Қоңырат, Мойнақ ҳәм Төрткүл районы Медицина бирлеспесиндеги бос жумыс орынлары бойынша мағлыўмат

Көриў

Каналға ағза болыў

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ районы ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлим баслығы Б.Жамалова ҳәм Руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Тоқсанбаевалар Қызылжар АПЖ көше басы ҳаял-қызлары менен ушырасты. Онда ҳаял қызлардың кийиниў мәденияты, жаслар тәрбиясы, тазалық мәселеси, санаўлы күнлерден соң болып өтетуғын президент сайлаўында ҳаял-қызлардың белсендилик көрсетиўи бойынша, жақын келешекте ислениўи тийис болған жумыслар ҳаққында түсиник берди.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Көше басы ҳаяллары - тәлим, тәрбияның алтын қоры

Мойнақ районы ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар бөлим баслығы Б.Жамалова ҳәм Руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Тоқсанбаевалар Бозатаў АПЖ көше басы ҳаял-қызлары менен ушырасты. Онда ҳаял қызлардың кийиниў мәденияты, жаслар тәрбиясы, тазалық мәселеси, санаўлы күнлерден соң болып өтетуғын президент сайлаўында ҳаял-қызлардың белсендилик көрсетиўи бойынша, жақын келешекте ислениўи тийис болған жумыслар ҳаққында түсиник берди.  

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

9-июль - Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасың!

Каналға ағза болыў 👉
@saylaw2023

Читать полностью…

MuynakPress

"Миллий қәдириятларымыз -  бийбаҳа байлығымыз" атамасында илаж өткерилди

Мойнақ районы Жайҳун мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял қызлар белсендиси Улмекен Жақсымуратованың шөлкемлестириўинде "Миллий қәдириятларымыз - бийбаҳа байлығымыз" атамасында миллетлераралық татыўлық, диний кеңпейилликти үгит-нәсиятлаўшы илаж өткерилди. Илажда қарақалпақ халқының ҳәм туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет дәстүрлери, концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Әсиресе, бет ашар дәстүри бәрше тамашагөйлерге көтериңки кейпият бағышлап, буның соңы мәҳәллениң көше басы ҳаяллары, ҳаял-қызлары атқарыўында жанлы ҳаўаздағы намаларға уласып кетти. Соның менен бирге, районлық Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған гүрес ҳәм көркем гимнастика бойынша көргизбели шығыўлар тамашаланды. Илажға Мойнақ районы прокуроры, 2-сектор баслығы К.Хасанов , Шаңарак ҳәм ҳаял қызлар бөлими баслығы Б.Жамаловалар қатнасты.

Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Мойнақ сити командасы жеңиске еристи

Қарақалпақстан чемпионаты 3-тур 1-ойынында районымыздың командасы жеңиске еристи.

Есап Мойнақ сити -2, Қоңыратшы- 1.

Футбол командамызды ерискен жетискенлиги менен қутлыйлаймыз ҳәм алдағы ойынларда үлкен табыслар тилеймиз!

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Президент мектеплериниң кириў имтиханларына биринши басқыш 15-июль күни басланады!

📩 Имтихан ўақты ҳәм мәнзили ҳаққындағы мағлыўмат талабан тәрепинен ariza.piima.uz сайтына киргизилген телефон номерлерине смс-хабарнама арқалы мәлим етиледи.

🔰 Президент мектеплерине кириў имтиханлары еки басқышта төмендеги пәнлерден өткериледи:

1️⃣-басқыш: Математика пәнинен 30 тапсырма (тест формасында)
2️⃣-басқыш: Сын пикирлеў ҳәм машқаланы шешиў бойынша 40 тапсырма ҳәмде инглис тили пәнинен 40 сораў (тест формасында)

✅ Имтихан нәтийжелери агентликтиң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

❗️Жоқары оқыў орынларына кириўде кимлер жеңилликке ийе?

Төмендеги абитуриентлар жоқары оқыў орынларына оқыўға кириўде жеңилликке ийе:

🔹 Қураллы күшлер әскерий хызметкерлериниң перзентлери;

🔹 Халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар ҳәм жарыслардың жеңимпазлары болған питкериўшилер;

🔹 Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатлары;

🔹 “Мард ўғлон” Мәмлекетлик сыйлық ийелери;

🔹 “Жылдың ең жақсы тәрбияшысы” республикалық таңлаў жеңимпазлары;

🔹 Медицина мекемелери мийирбийкелериниң «Мийирбийке» республикалық таңлаў жеңимпазлары;

🔹 “Ниҳол” сыйлығы ийелери;

🔹 Өзбекстан жаслар аўқамы республикалық комиссиясы берген усыныснама ийелери;

🔹 Қураллы Күшлер қурамында әскерий хызметин өтеп, әскерий усыныснамаға ийе болғанлар;

🔹 Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы мәмлекетлик үлгидеги В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатқа ийе абитуриентлер;

🔹 Әскерий бөлим сәркәрдалығы ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеминиң усыныснамасына ийе болғанлар;

🔹 «Исҳоқхон Ибрат» атындағы шет тиллерине қәнигелестирилген мектеп-интернатының оқыў дәўирин айрықша баҳаларға оқыған питкериўшилер;

🔹Қәнигелиги бойынша 5 жыл мийнет стажына ийе ҳаял-қызлар;

🔹Мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар;

🔹Ишки ислер уйымларында 3 жылдан аслам мийнет стажына ийе профилактика (үлкен) инспекторлары;

🔹Экономика тармақларында кеминде 5 жыл мийнет стажына ийе пуқаралар;


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

Mo'ynoq tumanining 2023 yil yanvar-may oylarida xizmatlar sohasi ko'rsatkichi

Xizmatlar sohasini rivojlantirish ijtimoiy yo‘naltirilgan bozor iqtisodiyotini shakllantirishning eng muhim shartlaridan biri hisoblanadi. Bugungi kunda mamlakatda olib borilayotgan bozor islohotlari jamiyatni rivojlantirishning eng muhim ijtimoiy-iqtisodiy vazifalarini hal qilishda xizmat ko‘rsatish sohasining rolini oshirishga katta ta’sir ko‘rsatadi. Xizmatlarning xilma-xilligi aholining katta qismini hayot sifatini va farovonligini yaxshilash imkonini beradi. Mo‘ynoq tumanida 2023-yil yanvar-may oylarida xizmatlar ishlab chiqarish hajmi 56.8 mlrd. so‘mni tashkil etdi. O‘sish sur’ati o‘tgan yilning mos davriga nisbatan 112.2 % ni tashkil etdi.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Мүрәжат ҳәм олардың шешими

Бизге де сөз бериң!

Мойнақ районы "Арал" мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан ҳаяллар дәптериниң төртинши басқышына киритилген ҳаялларға қандай жәрдемлер берилип, олар қандай бизнесин жолға қоймақта?

- Бизге де сөз бериң! - дейди мәмлекетимиз ғамқорлығын, меҳир, итибарын сезинген ҳаяллар - Бизлер исбилермен болып атырмыз! Дәрамат таўып атырмыз! Миннетдаршылық билдирейик! - деп видеокадрларын жоллады. Нәзериңизге усынамыз!

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

⚡️Қарақалпақстан Республикасында өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар саны 65 212 ге жетти

Аймақлар кесиминде:

Нөкис қаласынан – 8 420 пуқара;

Әмиўдәря районынан – 6 295 пуқара;

Беруний районынан – 8 216 пуқара;

Кегейли районынан – 2 280  пуқара;

Қоңырат районынан - 3 523  пуқара;

Қанлыкөл районынан – 1 943  пуқара;

Мойнақ районынан – 905  пуқара;

Нөкис районынан – 2 804  пуқара;

Тахтакөпир районынан – 2 316 пуқара;

Төрткүл районынан – 7  792  пуқара;

Хожели районынан – 4 257 пуқара;

Шымбай районынан – 3 213  пуқара;

Шоманай районынан – 1 744  пуқара;

Елликқала районынан – 6 447 пуқара;

Қараөзек районынан – 1 872 пуқара;

Бозатаў районынан – 539 пуқара;

Тақыятас районынан – 2 646  пуқара өзин өзи бәнт еткенлер қатарына қосылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Каналға ағза болыў

Читать полностью…

MuynakPress

Таллыөзек МПЖ көше басы ҳаяллары өзлерине бириктирилген көше ҳаял қызлары арасында спорттың волейбол ҳәм шахмат түрлери бойынша жарыс өткерди.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Тайынлаў

Султамуратов Азат Абатович  -  Мойнақ районы Статистика бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол 2010-жылдан баслап Мойнақ районы Статистика бөлими бас қәнигеси, 2022-жыл ноябрь айынан баслап Мойнақ районы Салык инспекциясының Юридикалық шахсларға хызмет көрсетиў бөлими инспекторы болып жумыс ислген.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Сыртқы тәлим формасында педагогикалық стаж тек ғана 5 тәлим жөнелиси ушын талап етиледи

Президенттиң 2022-жыл 22-июньдағы ПҚ-289-санлы қарарына муўапық, педагогика тараўындағы тәлим жөнелислерине сыртқы тәлим формасы бойынша оқыўға билимлендириў системасында педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған шахслар қабыл етиледи.

Мәмлекетлик комиссияның арнаўлы протоколы менен сыртқы тәлим формасына педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған абитуриентлер қабыл етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарлары дизими тастыйықланды. Олар:

🔹 басланғыш тәлим;
🔹 Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
🔹 музыка тәлими;
🔹 дене мәденияты;
🔹 технологиялық тәлим.


✅ Бунда усы тәлим жөнелислериниң сыртқы тәлим формасына халық билимлендириўи системасында кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болып, ҳәзирги ўақытта усы системада жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлер абитуриент сыпатында дизимнен өтиўи белгиленген.

Басқа тәлим жөнелислери ушын болса педагогикалық жумысқа тийисли кеминде 5 жыллық мийнет стажы талап етилмейди ҳәм оларға қәлеген абитуриент дизимнен өтиўи мүмкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

«Жоқары мийирбийкелик жумысы»нда медициналық мағлыўматы жоқлар да оқыўына рухсат берилди

Усы ўақытқа шекем «Жоқары мийирбийкелик жумысы» жөнелисине ҳүжжет тапсырыў ушын орта арнаўлы медициналық мағлыўмат болыўы талап етилген.

Қабыллаў комиссиясының протоколы менен, енди «Жоқары мийирбийкелик жумысы» бакалавриат тәлим жөнелисине мийирбийкелик, акушерлик жумысы ҳәм фелдшерлик бойынша орта арнаўлы, кәсип-өнер медицина мағлыўматына ийе болмаған абитуриентлер де дизимнен өтиўи мүмкин.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Читать полностью…

MuynakPress

⚽️Хабарландырыў

2023-жылдың 7-июль сәнесинде районымыздағы Арал футбол стадионында саат 18:00 де футбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты 3-турының 1-ойыны болып өтеди.

Онда Мойнақ районының Мойнақ сити ҳәм Қоңырат районының Қоңыратшы командалары ойнайды.
Мойнақ районының Мойнақ сити футбол командасы ықласбентлерин командамызды қоллап-қуўатлаўға шақырамыз!

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Спорт жеңимпазлары сыйлықланды

5-11-июнь күнлери Қазақстан Республикасы Астана қаласында болып өткен спорттың самбо түри бойынша нураный спортшылар арасында Азия ҳәм Океания Чемпионатында сыйлы 2-орынды жеңип алғанлығы ушын мойнақлы нураный спортшы Жумабек Нурымбетов  Аширбекович
ҳәмде 5 баслама олимпиада  шеңберинде спорттың Workout түри бойынша жуўмақлаўшы финал басқышында сыйлы 3-орынды ийелегени ушын Данияр Жумабаевлар Оралбаевич Мойнақ районы спорт мектеби жәмәәти тәрепинен миннетдаршылық билдирди ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районының көше бийлери менен ушырасты

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алған еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы үшинши мәрте көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўын Мойнақ районынан баслады.

Атап өтиў керек, ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыў, елимизде жаратылып атырған имканиятлар ҳәм кешиктирип болмайтуғын мәселелер бойынша және бир мәрте жақыннан пикирлесип алыўдан ибарат.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў:
/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…

MuynakPress

Qaraqalpaqstan Respublikası tariyxı hám mádeniyatı mámleketlik muzeyı filiali Moynaq ekologiya muzeyi hám Aral teńizi tariyxı mizeyinde "18-may xalıqaralıq muzeyler kúni" múnásibeti menen "Ótmish ǵáziynesi-keleshekte" súrenı astında ótkerilgen ilajlardan videokórinis.

/channel/pressa_moynaq

Читать полностью…
Subscribe to a channel