🇮🇳 Ҳиндстан бас министри Нарендра Моди лаўазымын тәрк етти
Ол бул лаўазымда 10 жылдан берли жумыс ислеп киятырған еди.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🔥2000 kondicionerge akciya!
❄️ Sitronic kondicionerlerin múddetli tólemge satıp alıń hám sıylıqqa Premier MUZLATQÍSHÍN alıń!🎁
Buyırtpa beriw ushın :
📞 71-230 -77-99 | Чат
📍Adres: г. Нукус, ул. Ерназара Алакоза, 60 ("Мега Нукус")
📍Adres: г. Кунград, ул. Толеген Айбергенов, дом 1/А ("Mega Park")
* Akciya 9-iyunǵa shekem ámel etedi!
Telegram | Instagram | Дўконларимиз
📢📢📢📢📢
Қазақстанда балаларға энергетик ишимлик сатыў қадаған етиледи
Қазақстанда 21 жасқа шекемги балаларға энергетик ишимликлер сатыў қадаған етиледи. Депутатлар бул бойынша тийисли нызам жойбарын қабыллаған.
Усы жасқа шекемги инсанларға энергетик ишимликлер (автоматлар арқалы да) сатыўға енди жол қойылмайды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Мойкага кўп пулингиз кетмоқдами? Энди пулларингизни тежашни имкони бор!
DOUBLE SHLANG
• 8 хил усулда сув пуркаб беради;
• Ҳовлига сув сепиш, ойналарни ювиш ва албатта машинани тозалашда ишлатиш мумкин.
Қулайлик томонлари:
✅ Енгил;
✅ Иш вақтида шланг 3 бараваргача чўзилади;
✅ Йигилган ҳолатда кўп жой олмайди;
✅ Буралиб қолмайди;
Маҳсулот ҳусусиятлари:
✅ Узунлиги: 15 метрдан 45 метргача
✅ Материал: АБС-пластик;
✅ Ранглари: кўк ва яшил;
✅ Оғирлиги: 410гр;
✅ Сув сепиш тури: 7 хил;
✅ Нормал босим: 2 дан 16 атм;
Cотиб олиш учун👇
https://100k.uz/oqim/479458
https://100k.uz/oqim/479458
Маҳсулотни олгандан сўнг тўлов қиласиз
📢📢📢📢📢
Социаллық тармақларда тарқалған видео бойынша рəсмий мағлыўмат берилди
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️Халықты жер силкиниўине таярлаў ҳәптелиги өткериледи
Усы жылдың 1-7-июнь күнлери Өзбекстан Республикасы аймағында сейсмик қаўипсизликти тәмийинлеў, халықтың жер силкиниўи ўақтында ҳәрекетлениўи бойынша билим ҳәм көнликпелерин асырыў мақсетинде, "Халықты жер силкиниўине таярлаў ҳәптелиги" өткерилмекте.
Ҳәптелик даўамында мәҳеллелер, билимлендириў мәкемелери, кәрхана ҳәм шөлкемлерде жер силкиниўине таярланыў бойынша оқыў шынығыўлары өткериледи. Усы илажларда белсенди қатнасың!
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
📣 1 күн қалды
"Atom school" оқыў орайында
✅ Математика
✅ Физика
✅ Инглиз тили
✅ Рус тили
Пәнлеринен таярлық басланыўына 1 күн қалды
👉 Дизимнен өтиў
📢📢📢📢📢
Берунийде қаўын-ғарбыз дерлик писти
Беруний районы "Тинчлик" аўыл пуқаралар жыйынындағы 11 гектар жер 20 шаңараққа 30 жыл мүддетке дийхан хожалығы ушын берилген. Жер ийелери плёнка астына ерте писетуғын қаўын-ғарбызларды егип, ишки базарды тәмийинлеўди өз алдына мақсет еткен.
Памидор, капуста, гешир егилген майданлар өз алдына дәрамат дереги болыўы күтилип атыр. Бул жерлерден бир мәўсим даўамында 50-60 млн сум дәрамат алыў мүмкин.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🟩 Super yutuq Chery Tiggo 8 Pro va 3 ta Chery Arrizo 6 Prodan birini yutib olishni istaysizmi?
Barcha ISHONCH do‘konlarida yoz mavsumining katta ISHONCHLI MIJOZ aksiyasi 15-maydan start oldi. Aksiya davrida 4 mln so‘mlik xarid qilib, 1 ta Chery Tiggo 8 Pro, 3 ta Chery Arrizo 6 Pro hamda qimmatbaho sovg‘alardan birini yutib olish imkoniyatiga ega bo‘ling va 67 000 ta kafolatlangan sovg‘alardan birini qo‘lga kiriting.
▶️ Aksiya muddati: 15-maydan 15-avgustgacha
Yoqimli xaridlar qilib, sovg‘alar sohibi bo‘lishga shoshiling!
Aksiya haqida ma'lumot batafsil
Murojaat uchun:
📞 +998735152222
@ishonch_chatbot
Barcha aksiya va yangiliklardan xabardor bo'lish uchun @ishonch kanaliga obuna bo‘ling!
📢📢📢📢📢
❗️Ертең, 5-июнь күнинен баслап 2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланады
Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў процеси төмендеги 2 басқышта әмелге асырылады:
1️⃣-басқышта абитуриентлер 5-июньнан 25-июньға шекем тест сынағын тапсырыў ушын дизимнен өтеди ҳәм де тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тәлим тили ҳәм тест тапсырыў аймағын ҳәм де кириў имтиханлары қурамында кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан болса, бул имтиханды тапсыратуғын мәмлекетлик ЖООны таңлайды.
2️⃣-басқышта абитуриентлер тест сынақлары толық жуўмақланғанынан кейин 15 күн даўамында жоқары оқыў орны, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм де тәлим формасын таңлайды.
Колледж ҳәм техникумларда оқыўды қәлейтуғын абитуриентлер колледж ҳәм (ямаса) техникумды, кәсип ҳәм қәнигеликти ҳәм де тәлим формасын ЖООларына қабыллаўдың жуўмақлаўшы нәтийжеси жәрияланғаннан кейин 10 күн мүддетте таңлайды.
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша кириў имтиханлары июль-август айларында өткериледи.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
📊FAST FINACING SERVICE
АВТОКРЕДИТ ҳәм МИКРОҚАРЫЗ 2-СААТТА ШЫҒАДЫ
Кредит 10 млн нан 300 млн сумға шекем бериледи
Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз
АВТОКРЕДИТ ЕКИЛЕМШИ БАЗАРДАН 36-АЙ МҮДДЕТКЕ БЕРИЛЕДИ
БАСЛАНҒЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады
ҚОСЫМША ҲҮЖЖЕТЛЕРСИЗ
Екилемши автокредит ушын:
10 млн 566 578
20 млн 1.132 116
30 млн 1.698 173
40 млн 2. 264 231
50 млн 2.830 289
60 млн 3.396 347
70 млн 3.962 405
80 млн 4.528 462
90 млн 5.094 520
100 млн 5.660 578
Айма-ай график бойынша төлеп барасыз
📞Тел: (90)1222222
📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси "JETOUR" автосалоны.
Бағдар: Қырыққыз рестораны
📢📢📢📢📢
🥵МЫС ҚАЙНАҒАН ЫССЫДА КОНДИЦИОНЕРДИҢ ҚАНДАЙ ТЕМПЕРАТУРАСЫ ДЕНСАЎЛЫҚ УШЫН ҚӘЎИПЛИ ЕМЕС?
🔅Қәнигелер мыс қайнаған ыссыда температурасы 23-25 дәрежеден төмен болған кондиционерли ханада отырыў денсаўлық ушын зыян деп есаплайды. «Кондиционерди кеминде 23-25 дәрежеге маслаў керек. Соның менен бирге, бул температурада ислеп атырған кондиционерли ханада ығал кийимде болыў денсаўлық ушын үлкен қәўипти пайда етеди» делинеди усынысларда.
⚠️Айтылыўынша, қәнигелер бул дәўир даўамында жүдә муздай ишимликлер ишиўди усыныс етпейди. Буннан тысқары, ыссы күнлерде күнине кеминде 2-2,5 литр суйықлық ишиў усыныс етиледи. Булар шай, минерал ҳәм салқын ишимликлер болыўы мүмкин.
♻️Сондай-ақ, усынысларда ыссы күнлерде көшеге илажы барынша шықпаў, бөлмелерди арнаўлы қураллар жәрдеминде ығаллатып турыў ҳәм есик ҳәм терезелерди беккем етип жабыў келтирип өтилген. Соның менен бирге, шегиўши адамлар бул иллетлерди усы ўақытларда азайтыўы, көшеден келип дәрҳал муздай душқа түспеў усыныс етилген.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Qaraqalpaqstanlılar dıqqatına! Ja'rdemin'iz kerek!
Kishi sorawnamamızda qatnasıwın'ızdi soraymız!
Sorawnama siltemesi: https://forms.gle/g2VchvG3iiqmei1v6
📢📢📢📢📢
⚡️Академиялық лицейлерге қабыллаў квоталары тастыйықланды
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң тийисли буйрығы менен 2024/2025-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары ықтыярындағы академиялық лицейлерге қабыллаў параметрлериниң билимлендириў бағдарлары ҳәм оқытыў тиллери бойынша квоталар тастыйықланды.
Оған бола, 71 академиялық лицейге жәми 15 496 квота, соннан 12 324 өзбек, 2 730 рус ҳәм 442 қарақалпақ тиллери кесиминде ажыратылды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🔥SMARTFONLARǴA - MEGA USINIS!
🔻 Redmi 13C (4/128) - 99 000 sumnan
🔻 Redmi Note 13 (6/128) -119 000 sumnan
🔻 Honor X7b (8/128) - 109 000 sumnan
🔻 Tecno Spark Go 2024 (3/64) - 69 000 sumnan
🔻 Tecno Spark 20C (4/128) - 99 000 sumnan
Buyırtpa beriw ushın:
📞 71 230-77-99
Telegram | Instagram | Дўконларимиз
📢📢📢📢📢
Енди «права» ушын еркин таярланып, имтихан тапсырыў мүмкин болады
«А», «А1», «Б» ҳәм «Б1» категорияларындағы айдаўшылық гүўалықларын алыў ушын талапкерлерге өзлери таярланып, имтихан тапсырыўға рухсат бериў усыныс етилмекте. Бул ҳаққында Стратегиялық реформалар агентлиги тәрепинен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Транспорт қуралларын басқарыўға байланыслы системаны жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар жойбарында атап өтилген.
Атап өтилиўинше, тәртип сырт ел тәжирийбесине тийкарланады. Яғный, АҚШ, Канада, Япония, Қубла Корея ҳәм Қазақстанда айдаўшылық гүўалығын алыў бойынша имтиханларға талапкерлер еркин түрде таярланып кириўине рухсат берилген.
Бул тәртипке бола, талапкерлердиң транспорт қуралын басқарыўға таяр екени имтихан арқалы анықланады ҳәм өз алдына арнаўлы курслардан өтиў ушын жумсалатуғын ўақыт ҳәм қәрежетлер үнемленеди.
Мағлыўмат ушын, бул тәртип тек ғана «А», «А1», «Б» ҳәм «Б1» категорияларындағы айдаўшылық гүўалықлары ушын әмел етеди.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Түркияда болады
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййып Эрдоғанның мирәт етиўине бола, 6-июнь күни рәсмий сапар менен Түркияда болады.
Сапар шеңберинде Анқара қаласында еки мәмлекет басшылары қатнасыўында Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң үшинши жыйналысы өткерилиўи нәзерде тутылған.
Саммиттиң күн тәртибинен Өзбекстан-Түркия арасында кең қамтылған стратегиялық бирге ислесиў байланысларын еле де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери орын алған.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимияты:
➖2024-жыл 1-октябрьге шекем аймақларда жайласқан ири базарларды олардың кадастр ҳүжжетлерине тийкарланып, қала нормаларынан келип шыққан ҳалда хожалық жургизиўши субъектлердиң қаржылары есабынан темир тор менен қоршап алыныўын тәмийинлейди.
ИИМ бул бойынша ҳүкимет қарары жойбарын додалаўға қойды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️ 2024-2025-оқыў жылы ушын абитуриентлерди дизимге алыў басланды
✅ 2024-2025-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын абитуриентлерди онлайн дизимге алыў басланды.
📱 Абитуриентларни онлайн дизимге алыў my.uzbmb.uz сайтының «Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине қабыллаў» бөлими арқалы әмелге асырылып атыр.
📆 Дизимге алыў 2024-жыл 5-июннан 25-июньға шекем (сол күни де) даўам етеди.
📹 Жоқарыдағы видеоқолланба арқалы дизимнен өтиў бойынша толық мағлыўматқа ийе болыў мүмкин.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Ҳиндстанда 200 ден зыят инсан ыссыдан қайтыс болды
Ҳаўаның температурасы айырым аймақларда 50℃ қа шекем көтерилип атыр.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Кейинги оқыў жылынан баслап мектепте оқыў -педагогикалық ҳүжжетлерди жүргизиў толық электрон формаға өткериледи
Атап айтқанда, электрон баҳалар табели emaktab.uz платформасында автоматик тәризде қәлиплеседи ҳәм ата-аналар ушын системадан жүклеп алыў мүмкиншилиги жаратылады.
Бул арқалы табелдеги баҳаларды өзгертиў ҳәм қәлбекилестириўдиң алды алынады.
✅ Электрон формаға өткерилетуғын ҳүжжетлер:
● Класс журналы ;
● Баҳалар табели;
● Қалдырылған ҳәм орны толдырылған сабақларды есапқа алыў дәптери;
● Педагогикалық кеңес протоколы дәптери;
● Оқыўшылар ҳәрекети дәптери;
● Гүўалықларды есапқа алыў дәптери.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Автомобиль импорты ушын бажыхана төлемлери 1-августтан баслап кемейтирилиўи мүмкин
Президент Шавкат Мирзиёев 2024-жылдың 1-август сәнесине шекем бажыхана төлемлерин ЖСШ (Жәҳән саўда шөлкеми) стандартларына муўапықластырып, қайтадан көрип шығыў бойынша тапсырма берди.
Автомобиль импортына жаңа бажылардың анық суммасы еле белгисиз болса да, ЖСШ мәмлекетлеринде орташа бажы 15 процентти қурайды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қурылысқа қылаплық еткенлер
Судланыўшы Б.С. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Бирден-бир буйыртпашы «Инжиниринг компаниясы»ның техникалық қадағалаўшысы лаўазымында ислеп жүрип, жумысты бөлип алып ислеўши «Quantum tech» ЖШЖ баслығы Б.Ҳ. менен жынайый тил бириктирген. Олар Кегейли районындағы Ақтуба АПЖ аймағындағы жаңа 330 орынлық мектеп имаратын қурыў ҳаққында 2022-жыл 18-июль күни дүзилген баҳасы 18 миллиард 696,4 миллион сумлық жумысты бөлип алып ислеў бойынша шәртнамаға тийкарланып жумыс баслаған. Қурылыс жумыслары даўамында имараттың төбесиндеги тахтай, алюмин есик, дийўалды шпаклёвкалаў, дийўалдың, текшениң керамикасы, ламинат пол, бояў, қаплаў ҳәм басқа да жәми 367,7 миллион сумлық қурылыс жумыслары толық орынланған, деп көрсетип, оғада көп муғдардағы бюджет қаржыларының растрата жолы менен талан-тараж етилиўине себепши болғаны анықланды.
Толық оқыў
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚠️«Telegram»нан вирус келиў жағдайы кескин көбейди
Егер сизге жақын инсанлар тәрепинен «Бийпул премиум алың», «Процентсиз кредит алың» деген хабарлар келип атырған болса, ол хабарларға ҳасла исенип силтемени баспаң ҳәм де қосымшаны ашпаң!
Егер ашатуғын болсаңыз сизиң жеке мағлыўматларыңыз урланыўы ҳәм де пластик картаңыздағы пуллар шешип алыныўы мүмкин.
Егер бул хабарды сизге жақын инсанлар жиберген болса, үлкен итималға бола, оның телеграм аккаунты бузып кирилген болады.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
5-8 июнь күнлери Мойнақта “СТИХИЯ” халық аралық электрон музыка фестивалы өткериледи
Қарақалпақстанда жаслар туризмин раўажландырыў, Мойнақ районына көп санлы сырт елли туристлер ағымын тартыў ҳәм жергиликли турғынларға дәрамат келтириў мақсетинде тарийхта биринши мәрте фестиваль 4 күн
болып өтеди.
Фестивальда Қубла Корея, Тайвань, Италия, Грузия, Япония, Латвия, Тунис ҳәм басқа да мәмлекетлерден улыўма 60 диджей қатнасады.
Бул жылы фестиваль шеңберинде бир ўақыттың өзинде 4 сахнада техно, трайбл-бейс, прогрессив, хаус-ритм ҳәм басқа да жанрларда электрон музыкалар өзгеше атмосфера жаратады.
Фестиваль “Факультет акустики” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестрилип келинбекте.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
“Қубла Үстирт” миллий тәбият бағы аймағында орнатылған фотоқапқанға мәлим пышық түсип қалды
Мәлим пышықлар тийкарынан дәрья, көл ҳәм теңизлердиң төменги жағаларында, қамыс ҳәм тикенли путалардың арасында жасаўға бийимлескен.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️Қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў квоталары тастыйықланды
2024-2025-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынлары системасындағы қәнигелестирилген мектеплерге қабыллаў параметрлери тастыйықланды.
Оған бола, 3 қәнигелестирилген мектепке жәми 210 квота ажыратылды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
☀️Дем алыс күнлери қатты ыссы болыўы күтилмекте
Гидрометеорология хызметлериниң мәлим етиўинше, 8-9-июнь күнлери Қарақалпақстан аймағында +36...+40℃ ыссы болыўы күтилмекте.
Бундай ҳаўа райының ыссы күнлеринде ҳәр бир пуқара өз денсаўлығына итибарлы болыўы шәрт!
Кишкене балаларды қуяштың ыссы нурларынан сақлаўыңызды соранамыз.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Нөкис-Шымбай автомобиль жолында оңлаў жумыслары алып барылмақта
Мәмлекетлик әҳмийеттеги 4Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 31-35-км, 44-48-км, 53-55-км бөлимлеринде күнделикли оңлаў жумысларына ажыратылған қаржылар шеңберинде қапламаның оңлаўға мүтәж бөлеклерин фреза жәрдеминде кесип алынып, асфальт қапламасы төселип атыр.
Бул жумыслар усы автомобиль жолының Тахтакөпир районына шекемги болған бөлимлеринде қапламада пайда болған кемшиликлерди сапластырыў менен даўам еттириледи.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қуяшта қалған автомобиль ишинде қандай температура бақланады?
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында