❗️14-июннан баслап "UzAuto Motors" Tracker-2 ҳәм Onix автомобиллерин пайызсыз 24 айға бөлип төлеўге береди
Пайызсыз мүддетли төлем шәртлери төмендегише:
▪️Onix — 50% алдыннан төлем, қалғаны 24 айға 3,7 млн сўмнан.
▪️Tracker — 60% алдынан төлем қалғаны 4,9 млн сўмнан 18 айға.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Әзиз ўатанласлар! Қурбан ҳайыт байрамы мүбәрек болсын
Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Қурбан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.
Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Қурбан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.
Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Сиз әзизлерди Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.
Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🐔Қораз урыстырғанлар усланды
Самарқанд ўәлаятында пул тигип, қораз урыстырып жүргенлерге қарата рейдлер басланды
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
📣[Ата-Аналар дыққатына!!!]
💵 Пул әпиўайы қағаз емес, бул имкәният оны туўры жолға инвестиция қылып перзентлериңиздиң жеке раўажланыўына ислетсеңиз болады.
📈 Әлбетте, ең жақсы инвестиция бул билимге тигилген инвестиция.
Дүньядағы ең талап күшли болған Инглиз тилин биз, перзентлериңизге қолайлы ҳәм жоқары сапада үйретемиз.
📌 Инглиз тили Кидс групалларымызға қабыллаў басланды!
💎 Перзентлериңизди ДӘСЛЕПКИ БИЙПУЛ сынаў сабақларымызға жаздырыў ушын @ncadmin01 ге ҳабарласың!
🎁 Айтқандай сиз ҳәм перзентиңиз ушын көплеген усыныс ҳәм жеңиликлер, саўғалар таярлап қойғанбыз асығың орынлар саны шекленген!
📍 Мәнзилимиз: Досназаров 33
(Калинин көше) Бағдар ҚМЎ
📞 Байланыс ушын : 992150051
💬 Telegram | 📷 Instagram |
📒 Facebook | 📹 newcastle_nc?_t=8n9tbFo95Xz&_r=1">TikTok
📢📢📢📢📢
⚡️Батареясы ең узаққа жететуғын смартфонлар дизими мәлим болды
1. Oppo Find X7 Ultra
2. Honor Magic6 Pro
3. Honor Magic6 Lite (5800)
4. Honor X9b
5. Honor Magic5 Lite 5G
6. Honor X7b
7. Oppo Find X6 Pro
8. Honor Magic6 Lite (5300)
9. Honor X7a
10. Realme GT Neo 5
11. Oppo Reno6 5G
12. Realme GT Neo 2 5G
13. Honor X9a
14. Samsung Galaxy S23 Ultra
15. Honor Magic5 Pro
16. Oppo Reno8 5G
17. Asus ROG Phone 6
18. Sony Xperia 10 V
19. Oppo Reno8 Lite 5G
20. Huawei P60 Pro
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
♾ DÍQQAT! DÍQQAT! ÁJAYÍP JAŃALÍQ!
🏢 PAYTAXTÍMÍZ NÓKIS QALASÍNDA IT TARAWÍNA QÍZÍǴÍWSHÍ OQÍWSHÍ JASLAR USHÍN QÁNIGELESTIRILGEN BILIMLENDIRIW MÁKEMELERI AGENTLIGINE QARASLÍ MUXAMMED AL-XOREZMIY ATÍNDAǴÍ QÁNIGELESTIRILGEN MEKTEBI NÓKIS FILIALÍ SHÓLKEMLESTIRILIP ATÍRǴANLÍǴÍN XABARLAYMÍZ.
💥 MEKTEBIMIZDEGI QOLAYLÍQLAR:
🔹joqarı dárejedegi pedagoglardan tálim alıw múmkinshiligi;
🔸 Eń zamanagóy úskeneler;
🔹 Laboratoriyalar;
🔸 Coworking xanaları;
🔹 Eń sońǵı modeldegi kompyuter xanaları;
🔸 Sport zal hám futbol maydanshası;
🔹 5 mezgil biypul awqatlanıw;
🔸 220 orınlıq biypul jataqxana;
🔹 Qosımsha biypul tayarlıqlar hám dógerekler.
Қытайда еки саяхатшыны шақмақ урды
Сзинчжоу қаласында еки жолаўшыны темир жол вокзалында шақмақ урғаны сәўлеленген кадрлар жәрияланды. Ҳəдийсе ақыбетинде ҳеш ким жәбирленбеген.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🇨🇳 Geely Coolray кроссовериниң жаңаланған версиясы усыныс етилди. Оның баҳасы Қытайда 8 мың доллардан басланады
Coolray'дың жаңа версиясы Super Edition атын алды. Ол 126 ат күшин беретуғын 1,5 литр көлемге ийе атмосфера басымында ислейтуғын бензинли двигател орнатылған. Узатпалар қутысы еки түрли - механик ҳəм вариаторлы.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️Буннан былай «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары ҳәр шеректе сол аймақ пуқараларының алдында ислеген жумыслары бойынша «отчет» тапсырады
✅ Ҳүкиметтиң 13.06.2024-жылдағы 334-санлы қарары менен «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар бойынша мәкан пуқаралар жыйыны алдында есап бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланған.
🗓 Режеге тийкар, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторы ҳәр шеректе кейинги айдың 10-сәнесине шекем сол аймақ пуқараларының алдында ислеген жумыслары бойынша есап береди.
🗂 Есап пенен бир қатарда «Мәҳәлле жетилиги» ағзалары өзлериниң кейинги шеректе әмелге асыратуғын жумыслары ҳаққында да мағлыўмат береди.
☝️Режениң толық тексти бирикитирилген файлда.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️Бүгин 15-июнь күни барлық хызметкерлер жумыстан кеминде 1 саат алдын қайтыўы мүмкин
Мийнет кодексиниң 187-статьясына бола, байрам (жумыс исленбейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети барлық жумысшылар ушын кеминде 1 саатқа қысқартырылады.
2024-жыл 15-июнь байрамнан алдынғы күн болып есапланады. Демек, бүгин жумысқа шыққан бәрше хызметкерлер 1 саат алдынлаў үйине қайтыўға нызамлы түрде ҳақлы.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Hayıt bayramına shegirme☪️
Bayram múnásibeti menen Muratbek Mebel kárxanası magazindegi barlıq tayın mebellerge 20%-25% ğa shekem shegirme járiyalaydı🔥
📆Shegirme 15-16-17-iyun kúnleri dawam etedi
📍Mánzil: Oraq Balğa (Taslaq elatı)
☎️ (55) 108-80-80
Instagram | Telegram
📢📢📢📢📢
❗️Енди бала пулы ҳәм материаллық жәрдем белгилеў онлайн арза арқалы әмелге асырылады
My.gov.uz арқалы көрсетилетуғын бул қолайлықтан кем тәмийинленген шаңарақлар, атап айтқанда, шаңарағында 18 жасқа толмаған перзенти бар болған талабанлар пайдаланыўы мүмкин.
Балалар пенсиясы 12 ай (бала 18 жасқа толаман дегенше), материаллық жәрдем 6 ай мүддетке төленеди.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️Украина Россияның "Жаңа тынышлық усынысын" қабылламады
Украина президентиниң мəслаҳəтшиси Подоляк Путинниң келиспеўшиликти шешиў бойынша жаңа усынысында “ҳақыйқый тынышлық усынысы жоқ екенлигин” айтып өтти.
“Путинде ҳеш қандай тынышлық усынысы ҳəм урысты жуўмақлаў қəлеўи жоқ”,- деди Подоляк.
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
ТОЛЫҚ ВИДЕО
«Қарақалпақстан» телеканалының «Мүнәсибет» көрсетиўинде той сейилинде болған жағдайлар додаланды
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🇺🇿Өзбекстанда қумшекер баҳасы көтерилиўи ҳаққындағы хабарлар ҳақыйқатқа туўры келмейди
Өзбекстанда қумшекер баҳасын турақлы сақлаў бойынша керекли илажлар ислеп шығылған болып, баҳалар кескин өсиўи бойынша қəўетерге орын жоқ. Бул ҳаққында Бəсекини раўажландырыў ҳəм қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының мəсләҳəтшиси Отабек Усмонов мәлим етти.
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Pulmakon «CLEVER» микрокредит шөлкеми
🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз ҳәм автокредит
📊МИКРОҚАРЫЗ 2 СААТТА ШЫҒАДЫ
📅 6 айдан 1, 1,5 ҳәм де 2-жыл мүддетке.
🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.
📄 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
➡️Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Пластик карта;
➡️Нотариусқа 970 мың сум төлем.
❗️АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ;
❗️БАСЛАНҒЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады
📄КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
➡️Сатыўшының ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Сатыўшының пластик картасы;
➡️Сатып алыўшының паспорты
10 млн 884.000
20 млн 1.767.000
30 млн 2.651.000
40 млн 3.534.000
50 млн 4.418.000
60 млн 5.301.000
70 млн 6.185.000
80 млн 7.068.000
90 млн 7.952.000
100 млн 8.835.000
Айма-ай график бойынша төлеп барасыз
☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.
📢📢📢📢📢
🌙ҚУРБАН ҲАЙЫТЫҢЫЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!
Сизди ҳәм де бәрше шаңарақ ағзаларыңызды бүгинги “ҚУРБАН ҲАЙЫТЫ” менен шын кеўилден қутлықлаймыз!
Сизге ҳәм шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, беккем денсаўлық ҳәм де мол ырысқы несийбе тилеймиз!
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️🥟 Қазақстанда балалар пелменнен зәҳәрленип қайтыс болды
Арқа Қазақстан ўәлаятында бир шаңарақтан бес инсан дүканнан сатып алынған пелменди жегеннен кейин зәҳәрленди. Еки бала таңда қайтыс болды, ата-ана ҳəм 10 жаслы бала емлеўханаға жатқарылды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️Тәжикстанда шақмақ урыўынан шопан ҳәм 200 ге шамалас майда шақлы ҳайўанлар набыт болды
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️ЖҮРЕК МАШҚАЛАЛАРЫНАН ДӘРЕК БЕРИЎШИ 10 БЕЛГИ
Жүрек машқалалары менен байланыслы бир қанша белгилер бар болып, олардан хабардар болыў аўыр жағдайлардың алдын алыўға жәрдем береди.
• КӨКИРЕК ҚУЎЫСЛЫҒЫНДАҒЫ АЎЫРЫЎ
Көкирек қәпесиндеги аўырыў көп кеселликлерде ушыраўы мүмкин. Тийкарынан, жүрек-қан тамыр, дем алыў органлары кеселликлеринде, көкирек жумсақ тоқымалары ҳәм нерв талшықлары исиниўинде, ҳәм де омыртқа кеселликлеринде көкирек қәпесинде аўырыў байқалады. Төстиң арқасында физикалық зорығыўдан кейин пайда болған, шеп қолға, шеп желке тараўына жалғаныўшы, физикалық зорығыў таўсылғаннан кейин өтип кетпеўши аўырыў (стенокардия) жүрек ишемик кеселлигине тән болыўшы аўырыў есапланады.
• ДЕМИГИЎ
Бул белги де бир қатар кеселликлерде ушырайды (жүрек-қан тамыр, өкпе, қан ҳәм де өспе кеселликлери ҳәм тағы басқалар). Демигиў қайсы органдағы бузылыўдан келип шыққанлығын анықлаў ушын шыпакерге мүражат етиў керек.
• СУЎЫҚ ТЕР БАСЫЎЫ
Жүрек ишемик кеселлигинде, стенокардия қәўипи ҳәм де өткир миокард инфарктинде инсанды суўық тер басады. Бирақ бунда суўық тер ажыралыўы демигиў ҳәм артериал қан басымының кескин төменлеп кетиўи менен бирге гүзетилиўи жүрек жетиспеўшилигинен дәрек бериўи мүмкин.
• ТАМЫР УРЫЎЫНЫҢ БУЗЫЛЫЎЫ
Аритмия (жүрек қысқарыўларының бузылыўы) жүрек-қан тамыр кеселликлеринде байқалыўшы тийкарғы белгилерден бири есапланады. Бунда жүректиң қысқарыўлар саны нормадан көбейип кетиўи (тахикардия) яки керисинше, кемейиўи (брадикардия) байқалыўы мүмкин.
• БАС АЙЛАНЫЎЫ
Бул жағдай бас мийдиң қан менен тәмийинлениўи изден шыққанда байқалады. Бул белги де бир қанша кеселликлерде байқалыўы мүмкинлиги себепли (жүрек-қан тамыр, мий кеселликлери, омыртқа кеселликлери, дем алыў органларындағы бузылыўлар ҳәм т.б) жоқарыдағы кеселликлер бар-жоқлығын анықлаў мақсетке муўапық есапланады.
• ИСИК
Еттеги исиклер көбинесе жүректиң қысқарыў күши азайғанда, тоқымаларда суйықлық топланыўы нәтийжесинде пайда болады. Исиклердиң пайда болыўы биринши гезекте жүрек-қан тамырлар жетиспеўшилигин инкар етиўин талап етеди. Бул ҳалаттағы исиклер басып көрилгенде бармақ орнында шуқыр пайда болады.
• ЖӨТЕЛ
Жөтел дем алыў органлары кеселликлеринде, жүрек-қан тамыр системасындағы бузылыўлар, аллергия жағдайларында, әсиресе, көп байқалады.
• ШАРШАЎ
Бул белги жүдә көп кеселликлер ақыбетинде, соның ишинде жүрек жетиспеўшилиги бар екенлигин билдиреди. Шаршаў бас мий, өкпе ҳәм жүректиң қан менен жақсы тәмийинленбеўи себепли байқалады.
• ҲӘЛСИЗЛИК
Бул белги денедеги ҳәр қандай унамсыз өзгерислер нәтийжесинде көринеди. Сол тийкарда, дәрмансызлық жүрек миокард инфаркти қәўипи барлығынан да дәрек бериўи мүмкин. Айырымларда бул кеселлик әсте-ақырын күшли ҳәлсизлик пенен басланады ҳәм қалған белгилер бираз кейинирек көрине баслайды.
• КЕЙПИЯТ ТҮСИЎИ
Күшли қәўетер ҳәм ҳәттеки қорқыў сезими де жақынласып киятырған жүрек инфарктине белги бериўи мүмкин. Сизде жоқарыда санап өтилген белгилер байқалса, өз ўақтында қәнигеге мүражат етиў ҳәм тийисли тексериўлерден өтиў мақсетке муўапық.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Дыққат, хабарландырыў!
Нөкис қаласында “Қурбан ҳайыты” мүнəсибети менен ҳайыт намазы оқылатуғын жомье мешитлерине келген пуқаралардың ҳəм автотранспорт жол ҳəрекети қəўипсизлигин тəмийинлеў мақсетинде қаламыздағы Амир Темур көшесиниң Ислам сүўретши ҳəм Зиярат жолы көшелери аралығын, Нəўпир гүзары көшесиниң Саманбай гүзары ҳəм Шахсəнем көшелери аралығын, Нөкис қаласы аймағынан өтиўши мəмлекетлик əҳмийетке ийе болған 4Р191 “Нөкис киши айланба жолы” автотранспорт жолының 16,5 км ҳəм Билимлилер көшелери аралығын усы жылдың 16-июнь күни саат 01:00 ден 09:00 ға шекемги ўақыт аралығында 3.1 «Кириў қадаған» жол белгилери ўақытша орнатылып, тийисли тосықлар менен жабылатуғынлығын хабарлаймыз.
Нөкис қаласы ҳəкимлиги мəлимлеме хызмети
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Басланғыш төлем - 10%
Жыллық - 26.9% (суммовой)
Кредит мүддети - 5 жыл
Кредит 2019-2024 жылғы машинларина шығады!
Рәсмий дәрамат (доход справка) шәрт емес!
Тел: (99)8392121
Тел: (90)7097447
Тел: (91)3026633
📢📢📢📢📢
📖Қурбанлық ҳаққында ең көп берилетуғын сораўларға жуўаплар
00:00 Қурбанлық қылыў кимлерге ўәжип?
01:38 Қурбанлық қылыўды ўәжип қылатуғын байлықтың муғдары қалай есапланады?
04:20 Пүткил бир шаңарақтан бир ғана қойды қурбанлық етиўге болама?
05:03 Бир инсан руқсатсыз ҳаялының ямаса үлкен баласының атынан қурбанлық сойыў мүмкин бе?
06:25 Итибарсызлық етип қурбанлық қылмаған инсан не қылады?
06:54 Өткенлердиң атынан қурбанлық етиўге болама?
08:02 Ер ямаса урғашы ҳайўанлардың қайсысын қурбанлық еткен жақсы?
08:30 Қурбан ҳайыты күни қурбанлық қылыўдан алдын ҳеш нәрсе жемей турыўдың диний тийкары барма?
09:00 Қурбанлық қылыўды нийет еткен инсан тырнақ ҳəм шашларын алмаўы керекпе?
12:02 Ўәкиллик жолы арқалы қурбанлық қылыўға болама?
12:25 Қурбанлықтың ўақты ҳаққында тоқталып өтсеңиз?
13:42 Қурбанлық қылыў мүмкин болған күнлердиң қайсы биринде қурбанлық қылған жақсы?
14:21 Мүсәпир инсан қурбанлық қылыўы шəртпе?
14:47 Қассапқа қурбанлық гөшинен ямаса терисинен ис ҳақы етип бериўге болама?
16:13 Сойып атырғанда "Бисмиллаҳи Аллаҳу Акбар" демей " Бисмиллаҳ" десе де болама?
16:30 Қурбанлық ушын сатып алынған ҳайўанға кейинирек басқалар да шерик бола алама?
17:38 Қурбанлық гөшинен байларға да бериўге болады ма?18:24 Ҳайўан сатып алынғанынан кейин кесел болып қалса оны қурбанлық етиўге болама?
19:25 Қурбанлық гөшинен басқа дин ўәкиллерине де бериўге болама?
19:43 Пайғамбарымыз Муҳаммед саллаллаҳу алайҳи ўә салламға арнап қурбанлық ушын қой сойыў мүмкин бе?
20:16 Ақиқа ҳəм Ҳайыттың қурбанлығын бир қылыўға болама?
21:18 Түйе ҳəм сыйырға бир инсан қурбанлық, тағы биреўи назр, тағы бири ақиқа, ҳәм тағы басқасы нафл нийетинде қосылыўға болама?
22:21 Ҳайўан сойғанда оны аўыз бенен үплеп исириў мүмкин бе?
23:31 Қурбанлық етилетуғын ҳайўан неше жас болыўы керек?
24:00 Қурбанлыққа жыйналған пулды қайыр-сақаўат етиўге болама?
24:37 Ҳажыдағы қурбанлық, ўәжип қурбанлыққа өтеме?
26:37 Қурбанлық қылыўда арнаўлы дуўа барма?
27:24 Өзи сойғаны жақсыма ямаса қассапқа сойдырғаны жақсыма?
28:43 Қурбанлық қылып атырғанда ҳайўанның аяғынан услап турыў керекпе?
29:03 Расулуллаҳ саллалаҳу алайҳи ўә саллам үмметтиң атынан қурбанлық еткенбе?
Дерек: МуслимУз
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Pulmakon «CLEVER» микрокредит шөлкеми
🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз ҳәм автокредит
📊МИКРОҚАРЫЗ 2 СААТТА ШЫҒАДЫ
📅 6 айдан 1, 1,5 ҳәм де 2-жыл мүддетке.
🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.
📄 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
➡️Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Пластик карта;
➡️Нотариусқа 970 мың сум төлем.
❗️АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ;
❗️БАСЛАНҒЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады
📄КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
➡️Сатыўшының ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Сатыўшының пластик картасы;
➡️Сатып алыўшының паспорты
10 млн 884.000
20 млн 1.767.000
30 млн 2.651.000
40 млн 3.534.000
50 млн 4.418.000
60 млн 5.301.000
70 млн 6.185.000
80 млн 7.068.000
90 млн 7.952.000
100 млн 8.835.000
Айма-ай график бойынша төлеп барасыз
☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.
📢📢📢📢📢
Қазақстанда келинсиз той болып өтти
Тойдан еки күн алдын келин турмысқа шықпаўға қарар еткен, бирақ той ушын барлық зат таярланғанлығы себепли күйеу тойды бийкар етпеген. Нəтийжеде, той келинсиз, күйеўдиң дослары менен байрамға сай кейпиятта өткерилген.
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🏆"Аллианз Арена" Евро-2024 тың ашылыў ойынын қабыллаўға таяр
Сиз ашылыў ойынын
«KARSPORT • TV» телеграм каналы арқалы тиккелей эфирде көриўиңиз мүмкин!
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🟩 Chery Tiggo 8 Pro yoki 3 ta Chery Arrizo 6 Prodan biri sizniki bo‘lishini istaysizmi?
Barcha ISHONCH do‘konlarida yoz mavsumining katta ISHONCHLI MIJOZ aksiyasi bo‘lib o‘tmoqda. Aksiya davrida 4 mln so‘mlik xarid qilib, 1 ta Chery Tiggo 8 Pro, 3 ta Chery Arrizo 6 Pro hamda qimmatbaho sovg‘alardan birini yutib olish imkoniyatiga ega bo‘lishingiz va ko‘plab kafolatlangan sovg‘alardan birini qo‘lga kiritishingiz mumkin.
18-iyun kuni birinchi Chery Arrizo 6 Pro avtomobili g‘olibini Navoiy ISHONCHda aniqlaymiz. Ishtirokchilar safiga qo‘shilishga sizda hali imkoniyat bor.
Shoshiling, ISHONCH do‘konlariga tashrif buyurib, foydali xaridlar qiling va sovg‘alar yutib oling!
▶️ Aksiya muddati: 15-avgustgacha
Batafsil: Ishonchsavdo.uz
📞 +998735152222
@ishonch_chatbot
📢📢📢📢📢
Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынларындағы 130 жасқа шəртнама пуллары мəмлекет тəрепинен төлеп берилди
"Жаслар дəптери" дизиминде турған жаслардың жасаў жағдайы үйренилип, 130 жасқа шəртнама пулы төлеп берилди.
Ал, 65 жастың жумыссызлығы анықланып, оларға субсидиялар берилди.
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Pulmakon «CLEVER» микрокредит шөлкеми
🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз ҳәм автокредит
📊МИКРОҚАРЫЗ 2 СААТТА ШЫҒАДЫ
📅 6 айдан 1, 1,5 ҳәм де 2-жыл мүддетке.
🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2005-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.
📄 КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
➡️Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Пластик карта;
➡️Нотариусқа 970 мың сум төлем.
❗️АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ;
❗️БАСЛАНҒЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады
📄КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
➡️Сатыўшының ҳәм зайыбының паспорты;
➡️Машинаның техпаспорты;
➡️Сатыўшының пластик картасы;
➡️Сатып алыўшының паспорты
10 млн 884.000
20 млн 1.767.000
30 млн 2.651.000
40 млн 3.534.000
50 млн 4.418.000
60 млн 5.301.000
70 млн 6.185.000
80 млн 7.068.000
90 млн 7.952.000
100 млн 8.835.000
Айма-ай график бойынша төлеп барасыз
☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.
📢📢📢📢📢
🔞 Россияның Благовешенск қаласында минивен пиядаларды басып кетти, 3 инсан қайтыс болды
Машина Василенко көшесиндеги пиядалар отыў орнына шығып кеткен. Ҳəдийсе себеплерине анықлық киргилип атыр. Дəслепки мағлыўматларға қарағанда, айдаўшы мәс ҳалда болған.
Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында