ne_janaliq | Unsorted

Telegram-канал ne_janaliq - НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

113524

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Subscribe to a channel

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

⚡️ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы таңлаў өткереди

🏆 ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы тәрепинен студент-жаслардың жазғы дем алысын кеўилли өткериўде таңлаў өткериўин дағазалайды.

➡️ Олар төмендегише:

🔶 «Ең жақсы китапқумар» таңлаўы;
1️⃣ Биринши орын «Notebook»
2️⃣ Екинши орын «Planshet»
3️⃣ Үшинши орын «Smart watch»

🎤 «Мениң мәҳәллем» атамасында шығармалар таңлаўы;
1️⃣ Биринши орын «Notebook»
2️⃣ Екинши орын «Planshet»
3️⃣ Үшинши орын «Smart watch»

«Мениң дем алыс күнлерим» атамасында күнделик жазыў таңлаўы
1️⃣ Биринши орын «Notebook»
2️⃣ Екинши орын «Planshet»
3️⃣ Үшинши орын «Smart watch»

Бәрше студентлерди таңлаўға белсене қатнасыўға шақырамыз! Асығың жеңимпазларды баҳалы саўғалар күтпекте. Жеңимпазлар сентябрь айында сыйлықланады.

📞 Мағлыўмат ушын телефон: +97 788-94-55, +93 366-30-00

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Сизге сырт елден пул келиўи керек яки сырт елдеги жақынларыңызға пул жибериў керек болып атырма ?

"Микрокредитбанк" Сизге тез ҳәм сыпатлы хызметлерин усынады.


"Микрокредитбанк" универсал кассалары арқалы Россия, Қазақстан, Туркия, АҚШ, Корея ҳәм басқада мәмлекетлерге пул жөнетиў ҳәм шет мәмлекетлерден келген пулларды АҚШ долларында яки қәлеўиңиз бойынша СУМлай төлеп бериў хызметлери көрсетиледи.

Мәнзилимиз:
Нөкис қаласы, Қарақалпақстан көшеси 2 үй
.
Тел.(55)503-57-57 ишки (5735)
мобил :(93)361-33-83

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Президент Шавкат Мирзиёев мектепти питкерип атырған оқыўшы ул-қызларға қутлықлаў жоллады

«Қәдирли перзентлерим! Бүгин өзиниң билимин, қәбилетин ҳәм де күш-ғайратын Жаңа Өзбекстанға, елимизге мүнәсип перзент болыў сыяқлы ийгиликли мақсетке жумсаўға бел байлаған сиз сыяқлы нәўқыран жасларды мектепти табыслы тамамлап атырғаныңыз бенен шын кеўилимнен, шын жүрегимнен қутлықлайман!» деди Ш.Мирзиёев.

➡️ТОЛЫҚ ОҚЫЎ

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🇮🇷 Иран Бас штабы президент вертолётының қулаўы бойынша тергеўдиң дәслепки нәтийжелерин жәриялады

Иран президенти Ибраҳим Раиси отырған вертолёт 19-май күни таў менен соқлығысқаннан кейин жанып кеткен. Вертолёт корпусында оқ ямаса басқа да соққы излери жоқ. Бул ҳаққында Иран қураллы күшлери бас штабының 23-май күни жәрияланған есабатында айтылады, деп жазады IRNA.

Қалың думан, суўық ҳаўа райы ҳәм қыйын рельеф аварияның тийкарғы себеби болған. Мәлим болыўынша авария болған орында Түркияның емес, Иранның ушыўшысыз самолёты анықлаған.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Дөретиўшилик мектеплерине тапсырғанда оқыўшының баҳалары итибарға алынама?

Улыўма билим бериў
мектеплериниң 6-класын тамамлаған оқыўшылар дөретиўшилик мектеплериниң 7-класына белгиленген жыллық квота шеңберинде, дөретиўшилик имтихан ҳәм тест сынақлары тийкарында ҳәр бир классқа 20 оқыўшы қабыл етиледи.

Дөретиўшилик мектеплерге ҳүжжет тапсырыўшының баҳаларына ҳеш қандай талап қойылмайды. Мысал ушын пәнлер бойынша жыллық баҳалары 5 (айрықша), 4 (жақсы) яки 3 (қанаатландырарлы) болғанлар да ҳүжжет тапсырыўы мүмкин.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Путин Украина менен тынышлық бойынша өз-ара келисимге тайын — Reuters

Егер Украина ҳәзирги ўақытта фронт сызығы өтип атырған шегараларды тән алыўға разы болса, Россия президенти Владимир Путин урысты тоқтатыў бойынша өз-ара келисиўге тайын, деп Reuters хабар берди.

Дерекке көре, егер Украина тәрепи бул усынысқа жуўап бермесе, Путин урысты даўам еттириўге тайын екенлигин айтып өткен.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Istalgan avtomobillar uchun himoya tent g'ilofi

Suv o'tkazmaydigan himoya tent avtomobilning bo'yoqlarini xiralashishdan va ultrabinafsha nurlanishidan himoya qiladi. 
 
- Polyesterdan tayyorlangan. 
- Qopqoq tashqi kimyoviy ta'sirlarga chidamli va yaxshi issiqlik izolyatsiyasiga ega.
- Avtmobil uchun har qanday ob-havoga mos tent avtomobilingizni toza tutadi va kuchli yomg'irdan qum bo'ronigacha, jumladan qishda qorgacha bo'lgan har qanday vaziyatga chidamli

Buyurtma berish👇
https://100k.uz/oqim/481329
https://100k.uz/oqim/481329

To'lovni qo'lingizga olgach to'laysiz!

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Бақша төлемлери 1-июнь күнинен баслап көтериледи

Мәмлекетлик мектепге шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәминаты ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарлары тастыйықланды.

Бул бойынша Ҳүкимет қарары қабылланды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Мүрәжатке рәсмий мүнәсибет билдирилди

Қанлыкөл районы «Дослық» МПЖ Бахытлы көшесиндеги автомобиль жолларында айырым пуқаралар өзбасымшалық пенен ҳеш қандай ескертиў белгилерин орнатпастан жолларға тосық қойып атырғаны айтылған мүрәжат тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен үйренилип шығылды.

Мәлим болыўынша, усы көшеде балалар ҳәм пуқаралар қәўипсизлигин тәмийнлеў ушын көше пуқаралары мүрәжатлары негизинде жасалма тосық орнатылған ҳәм тийисли жол белгилерин орнатыў нәзерде тутылған.

Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

⚡️«UzAuto Motors» Lacetti не себептен елеге шекем ислеп шығарылып атырғаны бойынша мағлыўмат берди

Мағлыўматта айтылыўына қарағанда, Lacetti ислеп шығарыў ушын керек болатуғын қурылмалар елеге шекем заводта бар. Бул болса ислеп шығарыўды даўам еттириўге мүмкиншилик берип атыр.

“Lacetti ислеп шығарыў шама менен қашанға шекем даўам етиўин анық айта алмайман. Бул бирден тоқтамайды. Жақын 7 күн ишинде қарыйдарларға тағы шәртнама берилиўи ямаса берилмеўи анық болады”,- деди компанияның мәлимлеме хызмети.

Мағлыўмат ушын, «UzAuto Motors» Lacetti ислеп шығарыўды 2003-жылдан баслаған. 2008-жылдан бул моделди сериялы жыйнаў жолға қойылған. 2013-жылда болса Lacetti-2 (ҳәзирги Gentra) ислеп шығарылыўы басланған ҳәм арадан бир жыл өткеннен кейин биринши әўлад Lacetti автомобили конвейерден алынған.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❗️Енди контракт болып кирген студент 2-курстан грантқа өтиўи мүмкин, грантқа кирген студент болса контрактқа түсип қалыўы мүмкин

Жоқары оқыў орынларында өзгерис: енди мәмлекетлик гранты 4 жылда бир студентке берилмейди — грантлар ҳәр жылы жоқары баҳаларға оқыған студентлер арасында қайта бөлистириледи.

Буннан тысқары, жаңа тәртипке бола, арнаўлы бир жөнелиске ажыратылған мәмлекетлик гранты шеңберинде жоқары балл топлаған абитуриент, таңлаған жоқары оқыў орынларынан қарамастан мәмлекетлик гранты усыныс етиледи. Яғный жоқары балл алған абитуриентлер оқыўға кирмей қалмайды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Нөкис қаласында той сейилинде топар болып ҳəрекетленген автотранспорт басқарыўшыларына тийисли тəртипте шара көрилди

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Сарықамыс көли әтирапындағы фотоқақпанға қасқыр түсип қалды

Қубла Үстирт миллий тәбият бағының Сарықамыс көли аймағына орнатылған фотоқақпанға - Қасқырлар түсти.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❗️Онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлер менен наўқасланған балалардың саўалыўына көмеклесиў ушын фонд дүзилди — Президент Қарары

⚡️1-июльдан онкологиялық, гематологиялық ҳәм де иммунологиялық кеселликлер менен наўқасланған 18 жастан 21 жасқа шекемги (21 жас та киреди) наўқаслар белгиленген медициналық орайлардың балалар гематологиясы ҳәм онкологиясы бөлимлеринде, сондай-ақ, олар ер жетемен дегенше усы кеселлик бойынша медициналық жәрдем көрсеткен басқа медициналық шөлкемлерде бийпул емлениўин даўам еттиреди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🇲🇽Мексикада қатты ыссы себепли 100 ден зыят маймыл набыт болды

Мексика тоғайларында ҳәдден тыс жоқары температура бақланып атырғаны себепли маймыллар ҳалсизленип, теректен қулаған. Қутқарыў топарлары маймылларға суў берип, оларды сақлап қалыўға ҳәрекет етип атыр.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

25-май сәнесин соңғы қоңыраў сыпатында белгилеў қашаннан басланған?

Соңғы қоңыраўды 25-май сәнесинде белгилеў 1948-жылы Россияда  басланған. Бул дәстүр Краснодар қаласындағы 182-санлы мектеп директоры Фёдор Брюховецкий басламасы менен жолға қойылған.

Сондай-ақ, билимлер күни, мектепте нәўбетши классларды шөлкемлестириў, 1-класс оқыўшылары ушын әлипбе менен хошласыў сыяқлы дәстүрлерди де Фёдор Брюховецкий алып кирген. Кейин ала бул идеялар пүткил аўқам бойлап жайылған ҳәм олардың көпшилиги ҳәзирге шекем даўам етпекте..

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Қәдирли оқыўшылар, әзиз мектеп питкериўшилери!

Ең дәслеп, сизлерди бүгинги мектепти питкергениңиз ҳәм үлкен өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлаймыз. 

Сизлер көптен күткен 25-май сәнесинде республикамыздың барлық орынларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар қәдирли мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бүгинги сәнеде қаншама жасларымыз алтын медаль, гүмис медаль менен мектепти жоқары баҳаларда питкерип атыр.  

Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз – жаслар емес, ата-аналар, устаз ҳәм оқытыўшылар ушын да айрықша итибарға ылайық ўақыя есапланады.

Қәдирли жаслар!

ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, сизлердиң турмысыңызда үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин.

Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

Атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткен 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге төлемли-контракт тийкарында қосымша 7 мың квота ажыратылған еди.

Бул ийгиликли ислер быйылғы жылда да даўам еттирилип, қосымша 6 мың 500 квота ажыратылғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Жасларға қаратылып атырған имканиятлар нәтийжесинде ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўына болған айрықша итибары менен Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылғы 6 дан 12 ге жетти. Жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириў кѳрсеткиши 2016-жылғы 9 проценттен 41 процентке жеткерилди.

Сондай-ақ, Инвестиция бағдарламасы тийкарында быйылғы жылдың өзинде 35 мектепте 206,9 млрд. сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў, соннан, 4 мектеп 61,2 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан қурылыўы, қамтыў коэффициенти жоқары 30 мектепте 137,3 млрд. сум қаржы тийкарында реконструкция жумыслары шеңберинде қосымша заманагөй имаратлар қурылыўы, 1 мектепте 4,3 млрд. сум қаржы тийкарында капитал-оңлаў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Нөкис каласында улыўма баҳасы 52,3 млрд. сумлық 504 орынлы заманагөй қәнигелестирилген мектеп (222 орынлы жатақханасы менен) қурылысы жуўмақланыў алдында тур.

Буннан тысқары, елимиз келешеги болған сиз-жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар нәтийжесинде усы жылдың өзинде 267 питкериўши жасларымыз мүддетинен алдын жоқары оқыў орынларына кириў бахтына еристи. Олар бүгин дүняның белгили жоқары оқыў орынларына ҳәм елимиздеги филиалларына грант жеңип алып, студент болған жаслар есапланады.

Әлбетте, бундай мысалларды еле кѳплеп келтириўге болады.

Қәдирли жаслар!

Сизлерди мектеп билимлендириўин нәтийжели жуўмақлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңиз студент болыў бахтына миясар болғайсыз деп тилеп қаламыз.

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Жас программистлер ушын «Hackathon» жарысы болып өтеди

Жас программистлердиң киберқәўипсизлик тараўындағы қәнигелик билимлерин арттырыў, информациялық ҳәм коммуникациялық технологияларды раўажландырыў, қәўипсизлик мәселелери ҳәм олардың шешими бойынша жаслардың қызығыўшылығын раўажландырыў мақсетинде «Hackathon» (CTF-ТУРНИРИ) жарысы болып өтеди.

Жарысқа алдыннан дизимнен өткен 14 жастан 30 жасқа шекемги жаслар бийпул қатнасыў имканиятына ийе.

Таңлаў жеке тәртипте оффлайн форматта өткериледи ҳәм қатнасыўшылар ctf.cyberkent.uz платформасының тийисли бөлиминен дизимнен өтиўи керек.

Әмелий жарыста барлық орта билим бериў мектеплериниң, колледж ҳәм академиялық лицейлердиң оқыўшылары, сандай-ақ, жоқары оқыў орынларының студентлери қатнасыўы мүмкин.

Киберқәўипсизликке қызыққан ҳәр бир жасты жарыста күтип қаламыз!

Жарыстың толық қағыйдалары менен арнаўлы УСТАВ арқалы танысып шығың.

ДИЗИМНЕН ӨТИЎ

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы «Бахытлы» мәҳәллесинде жасаўшы Бекмирзаева Бийбайым апаның шаңарағында болды

84 жасқа келген болса да, еле жумыстан қашпайтуғын мийнеткеш апаға ҳармасын айтып, қаўын егисинде жәрдемлести. Соның менен бирге, усыншама жасқа келсе де, адам мийнеттен қашпаўы кереклиги, жер менен тиллескен инсанға жер өз нағметин инәм ететуғынлығын әмелде көрсетип, бәршеге үлги болып атырғанлығы ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы Бийбайым апаға өз миннетдаршылығын билдирди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Tipografiya xizmeti

✔️Ofset baspa
✔️Kitaplar
✔️Jurnal
✔️Blankalar
✔️Bloknot
✔️Etiketka
✔️Plakat
✔️Karobkalar
✔️Sumkalar
✔️Kalendar
✔️Buklet
✔️Flayer
✔️Banner
Xizmetlerin usinamiz!
Tez Sapali ☝️

Manzilimiz A. Dosnazarov 78 jay
📌 Baylanis ushin👇
@azamat_azatovich_2
📞 +998 90 654 00 70

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

МИНИСТР ҮНДЕЎИ!

❗️Ҳүрметли ата-аналар ҳәм питкериўши оқыўшылар!

Бәршемиздиң хабарымыз бар, улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыў жылы өз жуўмағына жетпекте.

2023-2024-оқыў жылында питкериўши оқыўшы жасларымыз ушын «Сонғы қоңыраў» қағылады. Усы мүнәсибет пенен, мектептиң қурылыс оңлаў жумыслары, мәмлекетлик имтиханлар,  мектепке, директорға, оның орынбасарларына, оқытыўшыларға саўға бериў ямаса пул жыйнаў жағдайлары қадаған етиледи!

Сондай-ақ, питкериўши оқыўшылар ресторан, кафе, үйлерде, кеўил ашар орынларда ҳәр түрли илажларды шөлкемлестириў, суў ҳәўизлеринде шомылыў ҳәм жеңил автомашыналарда сейил етиў қадаған етиледи!

Ҳәр бир мектепте жоқарыда атап өтилген унамсыз жағдайлар анықланса, нызам шеңберинде жуўапкершилик белгиленгенлигин мәлим етип билдиремиз.

❗️Ҳүрметли ата-аналар!

Сизден жоқарыда аты аталған илажларға пул жыйнаў жағдайлары ушырасып атырған болса Министрликтиң (61) 222-94-45 ИСЕНИМ ТЕЛЕФОН номерине қоңыраў етип ҳәм @QRmshmbministrligi_bot  қа өз мүрәжатыңызды жолласаңыз болады.

Сизиң ҳәр бир мүрәжатыңыз министрлик тәрепинен үйренилип шығылады, нәтийжеси бойынша тийисли тәртипте жуўап бериледи.

Гүлистан Кожабаева
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри


👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

ONLINE

Мойнақта "RALLY MUYNAK 2024" экстремал автомобиль жарыслары болып өтпекте.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Рәсмий мағлыўмат

Үшинши қабаттан өзин таслаған ҳаял ҳәмиледар болмаған

Социал тармақлар арқалы тарқалған ҳәм көпшиликтиӊ пикир тартысларына себеп болып атырған “Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслады” атамасындағы ўақыя бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ рәсмий мағлыўматы.

1990 жылы Қашқадәрья ўәлаятында туўылған М.Ю. –ҳәзирде Кегейли районы “Жалпақ жап” АПЖ да жасайды. М.Ю усы жылдыӊ 11 май күни Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалында операция жолы менен баласын дүньяға келтиреди.
15 май күнине келип М.Ю бөлимниӊ 3 қабатында жайласқан “Реанимация” бөлимине көшириледи. Усы күни кешки саат 21_00 шамасында М.Ю терезеден секиреди ҳәм сол жерден Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына тез жәрдем автотранспорты арқалы алып келинип,биринши жәрдем көрсетиледи.Орайдыӊ тәжрийбели хирург шыпакерлери тәрепинен М.Ю барлық медициналық тексериўлерден өткериледи ҳәм 16 май күни ҳаялға “Сан сүйегин жабық түрде бириктириў” операциясы әмелге асырылады.
Наўқас бөлимниӊ “Травматология” бөлимине көширилип шыпакерлер қадағалаўында болады. 23 май күни шыпакерлер тәрепинен М.Ю ға емлеўханадан шығыўға рухсат бериледи.
Ҳәзирде наўқастыӊ ҳәм туўылған баласыныӊ денсаўлығы жақсы жағдайда.

Демек социал тармақларда тарқағанындай емес:
“Қарақалпақстанда ҳәмиледар ҳаял 3-қабаттан өзин таслаған” -деген хабарға келсек ол ўақытта ҳаял ҳәмиледар болмаған.

Ҳаялдыӊ нәсиллик кеселликлер (психоз) бойынша дизимде турғаны анықланған деген түсиникке келетуғын болсақ

- Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы админстрациясы мағлыўматты асығыс түрде ҒХҚ ўәкиллерине усынған.
1996-жыл 29 август күнги “Пуқаралардың Денсаўлығын сақлаў туўрысында”ғы №265-I санлы Өзбекистан Республикасы Нызамының
45-статьясы талапларына муўапық пуқаралардыӊ медициналық ҳүжжетлериндеги мағлыўматлар шыпакерлик сыры болып, ол тек
45-статьясыныӊ үшиниши бөлиминде көрсетилген жағдайлардағана пуқараныӊ разылығысыз әшкара етилиўи мүмкин деп белгиленген.


Жағдай шеңберинен бир қатар медицина хызметкерлерине төмендеги шаралар қолланылды:

Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалыныӊ “Реанимация” бөлиминиӊ нәўбетши шыпакерине,нәўбетши мийирбийкесине, нәўбетши киши медицина хызметкерине 15 май күнги жумыс ўақтындағы нәўбетшилигинде наўқас ҳаял М.Ю ны қараўсыз қалдырғаны ҳәм жумысқа немқурайдылық пенен қарағаны ушын ӨР Мийнет Кодексиниӊ 312-статьясыныӊ 2 бөлимине тийкар орташа айлық ис ҳақысыныӊ 30 пайыз муғдарында жәрийма интизамый жаза шарасы қолланылды.


Бул ўақыяны сол күнниӊ өзинде, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги өз қадағалаўына алды ҳәм ана менен бала денсаўлығы тиккелей қадағалаўда турды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ “Аналықты ҳәм балалықты қорғаў” бойынша орынбасары Г.Абдисаметова Республикалық қыстаўлы тез жәрдем илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалына барып наўқас М.Ю дыӊ денсаўлығынан хабар алды.

Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы, Қарақалпақстан филиалы медицина хызметкерлериниӊ бәршесине бул ўақыяға тийкарланып-ҚР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А.Асқаров мәжлис өткерип түсиндириў жумысларын алып барды.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги
Мәлимлеме хызмети


👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

МҚХ: «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде еткен бир қатар шахслар усланды

Айырым шахслар пуқараларымызды алдаў жолы арқалы «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде етип олардың пулларын өзлестирип алыў жағдайлары бақланып атыр.

Атап айтқанда, Ташкент қаласының Яккасарой районында жайласқан саяхатшылық фирмасының 2 хызметкери жергиликли пуқараның исенимине кирип, оның ата-анасын Саудия Арабстанына «Ҳаж» сапарына барыўы ушын талап етилетуғын виза ҳүжжетлерин таярлап бериў ҳәм оларды зыяратқа жибериў есесине 18 мың АҚШ доллары талап етип, 4500 АҚШ долларын алған ўақтында усланды.

Ташкент қаласының Юнусобод районындағы саяхатшылық фирмасы баслығы Яшнобод районында жасаўшы пуқараны «Ҳаж 2024» мәўсиминде Саудия патшалығына мүбәрек сапарға жибериў есесине 9500 АҚШ доллары талап етип, 5700 АҚШ доллары алған ўақтында усланды.

Ферғана қаласындағы саяхатшылық фирмасының ис жургизиўшиси болса Таслақ районында жасаўшы пуқараны ҳәм оның 2 өспирим перзентин 30 мың АҚШ доллары есесине «Ҳаж» зыяратына жибериўди ўәде етип, 15 мың АҚШ доллары алған ўақтында усланды.

Бундай жағдайлар бир емес, еки емес, көп ҳалларда ушырасып атыр. Ҳәзирги ўақытта бул шахсларға қарата жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ескертиў: Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын “Ҳаж” илажы Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен әмелге асырылады. “Ҳаж” искерлиги менен басқа шөлкемлердиң, атап айтқанда, саяхатшылық шөлкемлери ҳәм басқалардың шуғылланыўына жол қойылмайды ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етиледи.

Абайлы болың, алдаўшыларға алданып қалмаң!

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🇮🇷 Иран президенти бүгин өзи туўылып өскен Машҳад қаласында жерленеди

Сүўретте Раисий ҳәм оның анасы.

Әпиўайы шаңарақта дүньяға келген болса да президент болыў дәрежесине ерискен.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

😊 Baslanģısh tólemlersiz texnika alıwdı qáleysizbe? texnomart bar-ģoy!

Bárı ańsat, qálegen dúkanlarımızdaģı BÁÁRSHE texnika ústemesiz hám baslanǵısh tólemsiz 12 ayǵa bolıp tólewge!

*Óz bahasında buyırsin!

📍 Mánzil: Nókis qalası, AllayarDosnazarov kóshesi 8 A.
Bag'dar: №1-akademiyalıq licey qasında

📞 71 209 99 44
🌐 texnomart.uz

@texnomart

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Былғары-аяқ-кийим санааты кластерлери шөлкемлестириледи

«Былғары аяқ-кийим, пиллешилик ҳәм гилемшилик тармақларын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-181-санлы, 20.05.2024 ж.) қабыл етилди.

Толық оқыў


👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

📢📢 Diqqat , Diqqat📢📢

Garant Bilim Nukus  tayarlíq kursí mektep oqíwshilaríníñ jazģí dem alísín nátiyjeli ótkiziw hãm de taza oqíw jílína òz tayarlíqlarin ertelew baslawína òz jãrdemin beriw ushín BIOLOGIYA, XIMIYA, MATEMATIKA pãnlerinen 25-27-may  sãnelerinen baslap 7-8-9-10 klaslar ushín arnawlí TAZA gruppa ashílíwín xabarlaydi. Barlíq sabaqlíqlar 0den baslap maydalap ùyretiledi. Jazģí dem alís waqtíñízdí biz benen paydalí nãrsege jumsañ! Asíĝín orínlar sani sheklengen!

Qabíllaw 25-may saat 14⁰⁰de baslanadi hãm keyinde dawam etedi.

Biologiya: Saypov Elmurat
973560129
Ximiya: Qádirimbetov Kewnimjay
913851216
Matematika: Bekbauliev Anvar
999577879

Mãnzil: Ernazar alakõz koshesi 55-jay 2-sanlí Mono oraydiń 2-etají.
Baģdar: 3-poliklinika hãm SAG gilem dúkaníníñ arqa tãrepi. (Oraylíq bazarģa jaqín)

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Өзбекстан Республикасында 2024-жылда бийдай ҳасылы жақсы болыўы күтилмекте

2024-жылы Өзбекстан Республикасының көп аймақларында бийдай 67-75 с/га, Қарақалпақстан Республикасында 47-48 с/га болыўы күтилип атыр.

Алынған есап китапларға көре, Өзбекстан аймағының үлкен бөлегинде бар болған ҳәм күтилип атырған агрометеорологиялық шараятлар есапқа алынған ҳалда, гүзги бийдай ақырғы 5 жылдағы орташа көрсеткиштен жоқары, Қарақалпақстанда соңғы 5 жылдағы орташа көрсеткишлер сыяқлы болыўы күтилип атыр.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Нөкис қаласында барлық сатылатуғын үй-жайлардың дизими усы каналда
👉 @Nukus

Бул канал арқалы сиз ортада пайда көриўши дәлдәлшыларсыз тиккелей жай ийеси менен байланысып келисип саўдаласасыз 🤝

Каналға ағза болыў 👈

Читать полностью…
Subscribe to a channel