ne_janaliq | Unsorted

Telegram-канал ne_janaliq - НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

113524

Ең соңғы жаңалық ҳәм хабарлар тек ғана "НЕ ЖАҢАЛЫҚ?" каналында. Бизден узақласпаң! 👉 Байланыс: @baylanis24_bot 👉 Реклама: @ne_janaliq_reklama

Subscribe to a channel

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

#сиз_ушын_пайдалы

❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз

Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.

📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Тақыятас районы ҳәкиминиң алдынғы орынбасары 5 жыл 2 айға қамалады

Тақыятас районы ҳәкиминиң қурылыс бойынша орынбасары Ғулам Бектемиров жынайый жазаға тартылды. Ол аймақтағы ЖШЖлердиң бириниң баслығы менен тил бириктирип, райондағы социаллық тараў объектлериниң жылытыў системасы ушын ажыратылған бюджет қаржыларын талан-тараж еткен. Ғулом Бектемиров июнь айында 32 млн сум пара менен оператив илажда қолға алынған еди.

Ол сондай-ақ, исленбеген жумысларды қосып жазыў арқалы жәми 760 миллион сум бюджет қаржыларын өзлестириў ҳәм растрата жолы менен талан-тараж етиўде қатнасқан. Ғулам Бектемиров есап-фактура орынланбай, қосып жазылғанын билген болса да қол қойып, тастыйықлап берген.

Судта Ғулам Бектемиров өзиниң айыбын тән алмаған. Ол қосып жазылған есап-фактураны жумыслары көбейип кетип, жумысларды жеке өзи барып көрмегенин, тек ғана 4 объектти көзден өткерип, бул объектлерде жумыслар дурыс орынланғанын айтқан. Сондай-ақ, "замҳәким" өзиниң көрсетпесинде есап-фактураға қол қойыў процесинде жоқарыда турған басшылар тәрепинен көрсетпе болғанын да мәлим еткен.

Гүлом Бектемиров Жынаят кодексиниң 167-статьясы 3-бөлими "а" бәнти, 209-статьясы 1-бөлими, 206-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятларды ислегенликте айыплы деп табылған. Ол 1 жыл мәмлекетлик уйымларда ислеў ҳуқықынан айырылған ҳалда, 5 жыл 2 ай мүддетке еркинен айырылады.

760 миллион сум жеткерилген зыян Тақыятас районы Қаржы бөлиминиң пайдасына өндирилиўи белгиленген.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

⚡️️Енди мектеплерде 45 спорт түри үйретиледи

Президент Шавкат Мирзиёев мектеплерде музыка, дене тәрбиясы ҳәм әскерий ўатан сүйиўшилик пәнлериниң сапасын арттырыў бойынша презентация менен танысты. Жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслар бойынша мағлыўмат берди.

Оған бола, жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мақсетинде мектеплерде 22 олимпиада, 19 олимпиадалық емес, 4 миллий спорт түри үйретиледи. Буның ушын дене тәрбиясы пәни бойынша оқыў қолланбалары ислеп шығылып, оқыў бағдарламалары жетилистириледи.

Келеси оқыў жылынан баслап, басқышпа-басқыш барлық жерде мектеп спорт клублары шөлкемлестириледи. Бул бағдарда да муғаллимлерге категория бериўдиң жаңа тәртиби, мектеплердиң спорт рейтинглери ислеп шығылады.

Сондай-ақ, енди шақырыўға шекемги басланғыш таярлық муғаллими штаты Қорғаныў министрлигине өтеди ҳәм бул ўазыйпаға Қураллы Күшлер резервиндеги әскерлер жумысқа қабыл етиледи.

Бул пән бойынша жаңа оқыў бағдарламасы ҳәм сабақлықлар ислеп шығылады. Ҳәр бир район ҳәм қалада биреўден «Батырлық мектеби»ниң искерлиги жолға қойылады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Быйылда 11-ноябрьде дем алыс күни болмайды

Мәлим болыўынша, 2024-жылы 9 жумыс исленбейтуғын дем алыс күнлери бар болып, олардың арасында 11-ноябрь жоқ.

Мағлыўмат ушын, Депутатлар 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күнин жумыс исленбейтуғын байрам күни ретинде белгилеўге байланыслы нызам жойбарын қабыллаған еди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Трамптың жеңисинен кейин Илон Масктың байлығы 26 миллиард долларға көбейди

Ҳәзирги ўақытта Tesla тийкаршысының улыўма байлығы 290 миллиард долларға жетип, Bloomberg басылымының миллиардерлер индексинде биринши орынды ийелеп турыпты.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❄️Қарақалпақстанда биринши қар

Бүгин «Даўыт-ата» ҳәм «Қаракалпақстан» темир жол шегара бажыхана постлары аймақларында биринши қар жаўды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❗️Дыққат, еслетпе!

Ҳүрметли пуқаралар, жылытыў қазанханаларының морыларын тазаламай турып қоспаң!!! 90% жағдайда морылардың тығылып қалыўы нәтийжесинде пуқаралар зәҳәрли газден зыянланбақта.

☝️Умытпаң, зәҳәрли газ ийиске, дәмге ҳәм көриниске ийе болмаған инсан ден-саўлығына ҳәмде өмирине қәўипли болған көзге көринбес жаў.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

⚡️Енди пропанның баҳасы 20% тен артық қымбатламайды

Бәсеки комитети тәрепинен 5-ноябрьден баслап суйылтырылған газ баҳасы 20% көтерилиў менен шекленген. Бул илажлар баҳалардың өсиўин қадағалаў ушын енгизилди.

Пропан баҳасы бир тоннасы ушын 10,1 миллион сумнан асты, бунда усыныстың азайыўы тийкарғы себеп.

5-ноябрьде биржаға тек ғана 1,4 мың тонна пропан шығарылды. 6-ноябрьде баҳалар төменледи, себеби басланғыш баҳа базар баҳасынан төмен болған.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❗️Нөкисте пуқарадан 4 млн сум пул алған АЖБ хызметкери қолға алынды

Нөкис қаласы АЖБның лаўазымлы хызметкери халық ҳəм исбилерменлик субъектлерине өрт қәўипсизлигин тəмийинлеў бойынша техникалық хызмет көрсетиўши ЖШЖ шөлкемлестирмекши болған пуқараға алдағы ўақытларда оның жумысын қоллап-қуўатлайтуғын айтып, есесине ҳəр айда 200 АҚШ доллары муғдарында пул бериўин талап етеди.

Бирақ, ол тырнақша ишиндеги қалыс хызмети ушын алдыннан 4 млн. сум алған ўақтында усланды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❗️Пропан баҳасы бензин баҳасына жақынласты

Биржа саўдаларында пропан алдынғы күнге салыстырғанда 200 тоннаға кемейтирилип, тек ғана 971 тонна пропан сатыўға қойылғаны ушын (талаб 2-3 есе жоқары) баҳалар 318,7 мың сумға қымбатласип 9 509,5 мың сумға жеткен.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Испанияда үш күнлик азалаў күни жәрияланды

Испанияда суў тасқынлары себепли 100 ге жақын адам қайтыс болды. Мәмлекетлик Министрлер Кабинети күшли жаўын ҳәм суў тасқынлары ақыбетинде қайтыс болғанлар ушын рәсмий азалаў күнлерин жәриялаўға қарар етти. Бул ҳаққында королликтиң аймақлық сиясаты министри Анхел Виктор Торрес баспасөз конференциясы ўақтында мәлим етти.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ҳаўаның температурасы -10 °C қа шекем төменлеўи күтилмекте

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

💰2025-жылы Қарақалпақстан бюджетине республика бюджетинен 2,2 трлн трансферт ажыратылады

📑 2025-жыл Бюджетнамасына көре, 2025-жыл прогнозына тийкар, Қарақалпақстан Республикасының дәраматы 3,4 трлн сум, қәрежети 5,6 трлн сумды қурап, жетпеген 2,2 трлн сум Өзбекстан Республикасы бюджетинен қаплап бериледи, яғный 2,2 трлн сум трансферт ажыратылады.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Қарақалпақстандағы туңғыш жоқары оқыў орны – педагогикалық институттың 90 жыллығы белгиленеди

1934-жылы Төрткүл қаласында Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер институты сыпатында шөлкемлестирилген ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты быйыл 90 жыллық торқалы тойын белгилемекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен усы жылдың 31-октябрь күни саат 10:00 де пайтахтымыз Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қарақалпақстандағы биринши илим-билим дәргайына 90 жыл!» атамасындағы республикалық конференция ҳәм концерт бағдарламасы шөлкемлестирилмекте.

Педагогикалық институт питкериўшиси, Өзбекстан Қахарманы, халық шайыры Ибрайым Юсуповтың:
«Қарақалпаққа қалың китап оқытқан,
Сен теберик дәргайысаң билимниң», – деп атап өткениндей, халқымыздың терең билимли, озық-ойлы, жоқары интеллектуаллық потенциаллы болыўына хызмет етип киятырған илим-билим орайы – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 90 жыллық тойына бәршеңизди мирәт етемиз!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты ҳәм мийнет жәмәәти.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🇪🇸 Испанияда таўық мәйеги көлеминдеги буршақ жаўды

Қолайсыз ҳаўа-райы жүзлеген автомобиллерге зыян жеткерди ҳәм жайлардың айналарын сындырды.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❄️ Бүгинде Қарақалпақстанда қар жаўыўы күтиледи

Бүгин, 8-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады. Айырым жерлерде азғана жаўын жаўып, айырым жерлерде қарға айланыўы мүмкин. Батыстан есип турған самал өз бағытын өзгертирип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5° жыллы, айырым жерлерде 2° суўық болады. Күндиз күнлери ҳаўаның температурасы 8-13° жыллы болады.

© Гидрометеорология хизмети агентлиги

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

«Права»ға тест тапсырыў не ушын тоқтап турғаны ҳаққында мағлыўмат берилди

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

NIMANI KUTYAPSIZ? QAYNOQ CHEGIRMALAR AVJIDA 🔥

ISHONCH do’konlaridan - Artel va Premier brendining barcha texnikalarini 2️⃣0️⃣🔤 gacha chegirma bilan xarid qilishingiz mumkin


▶️ Shoshiling, chegirmadan foydalanib qoling!

Batafsil:
Ishonchsavdo.uz
📞 +998735152222
🤖 @ishonch_chatbot

Barcha aksiya va yangiliklardan xabardor bo'lish uchun @ishonch kanaliga obuna bo‘ling!

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Қазақстанда ҳаял-қызлар ушын жумыс күнин қысқартыў усыныс етилмекте

Қазақстанда ҳаял-қызлардың балаларды тәрбиялаўын тәмийинлеў мақсетинде олардың жумыс күнин қысқартыў усыныс етилди.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🏠Уйиңизге яки офисиңизге әжайып жалюзилерди орнатыўды қәлейсизбе?

🪟 GRAND JALYUZI кәрханасы сизге арзан баҳада ҳәм де ҳәр қыйлы түрдеги әжайып жалюзилерин усынады.

✅ Өлшеў ҳәм орнатыў қала ишинде БИЙПУЛ;
✅ Жалюзилердиң сапасына кепиллик бериледи.


🌍 Мәнзил: Нокис каласы (квадрат) строй базар алдында GRAND JALYUZI жалюзи дүканы.
👉 Бағдар: Строй Базарга кретигун даруаза алдында 3- Этажлы имарат ГРАНД ЖАЛЮЗИ
📞 Мағлыўмат ушын
+998975087007
+998913897007

❗️ Бизде ҳәммеси ТЕЗ, АРЗАН ҳәм САПА бирлиги жоқары орынға қойылған!

t.me/jalyuziGrand975087007
Каталог кориу👇

https://www.instagram.com/jalyuzi_grand_/profilecard/?igsh=MXg3b2s2MDR4bm5ucg==

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

NASA Юпитердиң жоқары анықлықтағы сүўретлерин көрсетти

Сүўретлер 2016-жылдан берли планета орбитасында болып турған Juno спутник аппараты тәрепинен алынған.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🤒ЕНДИ СИЗ АЎЫРЫП ТУРМАНАЎ,
БИРАҚ ЕМЛЕНИЎГЕ ҚӘРЕЖЕТИМ  БОЛМАЙ ТУРАЎ ДЕП ОЙЛАНЫП ЖҮРМЕЙСИЗ!


☝️"MEDICAL CENTRE" клиникасы халқымыз ушын басланғыш төлемсиз 1 жылға шекем бөлип төлеўди жолға қойды.

🏥👇Клиникада сиз:

✅УЗИ
✅Рентген
✅Кардиолог
✅ЭКГ, Холтер ҳәм Стресс тест
✅ЭЭГ
✅МСКТ яғний компютер томография
✅Хирург
✅Эндоскопия (ФГДС)
✅Лор комбайн
✅Офтальмолог
✅Массаж
✅Неврология
✅Терапевт
✅Гинеколог
✅Уролог
✅Психолог хызметлеринен пайдалана аласыз.

👨‍🔬Егер сиз операция ислетпекши болсаңыз, клиникамызда 32 турли операция исленеди.

Соның менен бирге "ИМКАНИЯТ" санаториясында дем алып, емлениў мумкиншилигине ийесиз

🖇Бөлип төлеў хызметинен пайдаланыў ушын сизден тек ғана пуқаралығыңызды тастыйықлаўшы ҳужжетиңиз ҳәм пластик картаңыз талап етиледи.

🩺Бугин емлениң толемин жыл даўамында толең

📍Мәнзил: Нөкис қаласы, А Досназаров 8а жай,
Бағдар: Ески Әмиўдарья бассейн


👩‍🦰Оператор: (99)5030303
Бөлип төлеў: (91)3821234

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Қарақалпақстанның Қоңырат районында қар жаўды

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

❓Жай ремонты ямаса таза жай қурыўға 120 млн сумлық жеңиллетилген кредит алыў ушын қайерге хабарласыў керек?

❓“Незаконно” қурылған жайға яки магазинге кадастр ислетип алыўға болама?

❓Балалар напақасы қандай жағдайларда тоқтап қалады?

❓“Мусор”дан қарызы бар пуқаралар электр энергиясынан үзиле ме?

❓Алиментти төлеўди тоқтатыўға қандай арза жазылады?


❗️Усы ҳәм басқа турмысыңызда ушырасатуғын әҳмийетли сораўларға жуўапларды Халық ушын каналынан табасыз!

👉Каналға ағза болыў👈

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🇨🇳 Қытайда арнаўлы операторлар ҳаялларға қоңыраў етип, оларға бала туўыўды усыныс етип баслады

Мәлим болыўынша, мәмлекетте демографиялық кризис қәўпи пайда болған. Халықтың саны избе-из еки жылдан берли азайып бармақта.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы балалардың гүзги шереклик дем алыс күнлери 1-10 ноябрь аралығында организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедураларына 10% шегирме жариялайды.

📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Иши тез-тез аўырыўы; ✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

🌍Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377
Телеграм Инстаграм

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Өзбекстанда 2025-жылы қайсы мәмлекетлик уйым бюджеттен қанша қаржы алатуғыны мәлим етилди

1. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ─ 59,5 трлн сум (46 трлн 647 млрд 414,5 млн);

2. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ─ 6,6 трлн сум (6 трлн 130 млрд 330 млн сум);

3. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ─ 5,1 триллион сум (4 трлн 587 млрд 244,7 млн сум);

4. Мәденият министрлиги ─ 1 трлн 172 млрд сум (1 трлн 100 млрд 445,3 млн сум);

5. Спорт министрлиги - 1 трлн 135 млрд сум (1 трлн 768 млрд 859,2 млн сум);

6. Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги ─ 1 трлн 992 млрд (1 трлн 795 млрд 563,6 млн сум);

7. Аўыл хожалығы министрлиги ─ 1 трлн 794 млрд сум (1 трлн 711 млрд 199,8 млн сум);

8. Суў хожалығы министрлиги - 10,4 трлн сум (10 трлн 440 млрд 149 млн сум);

9. Энергетика министрлиги ─ 123 млрд сум (242,6 млрд сум);

10. Транспорт министрлиги - 6,7 трлн сум (6 трлн 185 млрд 909,4 млн сум);

11. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ─ 927 млрд сум (816 млрд 763 млн сум);

12. Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги ─ 1 трлн сум (939 млрд 085,7 млн сум);

13. Бәсеки комитети ─ 12,6 млрд (11 млрд 552,3 млн сум);

14. Мәмлекетлик актив ─ 12,1 млрд сум (11 млрд 360,3 млн сум);

15. Бәнтлик министрлиги ─ 733,2 млрд сум (1 трлн 121 млрд 965,5 млн сум);

16. Статистика агентлиги - 238,8 млрд сум (257 млрд 170,6 млн сум);

17. Сыртқы ислер министрлиги ─ 1 трлн сум (874 млрд 564,9 млн сум);

18. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ─ 1 трлн 116 млрд сум (1 трлн 068 млрд 205,5 млн);

19. Санлы технологиялар министрлиги ─ 532,4 млрд сум (313 млрд 926,7 млн);

20. Әдиллик министрлиги ─ 322,5 млрд сум (239 млрд 289,8 млн

21. Экономика ҳәм қаржы министрлиги ─ 95,9 трлн сум (91 трлн 928 млрд 187 млн);

22. Салық комитети ─ 169,4 млрд сум (158 млрд 416,7 млн сум);

23. Министрлер Кабинети ─ 2 трлн 184 млрд (2 трлн 27 млрд 346,8 млн сум);

24. Президент Администрациясы ─ 1 трлн 673 млрд (1 трлн 599 млрд 699,2 млн сум);

25. Сенат ─ 127,3 млрд сум (108 млрд 465,2 млн);

26. Нызамшылық палатасы ─ 178,9 млрд сум (1 трлн 958 млрд 940,2 млн (фонд айрықша);

27. Омбудсман ─ 18,6 млрд сум (17 млрд 938,3 млн);

28. Бас прокуратура ─ 2 трлн 732 млрд сум (2 трлн 112 млрд 243,3 млн сум);

29. Жоқары суд - 1 трлн 804 млрд сум (1 трлн 703 млрд 218,8 млн);

30. Конституциялық суд ─ 12,9 млрд сум (10 млрд 683,4 млн);

31. Судьялар жоқары кеңеси ─ 53,7 млрд сум (46 млрд 768 млн);

32. Орайлық сайлаў комиссиясы ─ 29,4 млрд сум (18 млрд 298,9 млн);

33. Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ─ 75,4 млрд сум (67 млрд 762 млн сум);

34. Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай ─ 16,1 млрд сум (14 млрд 726 млн сум);

35. Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ─ 350 млрд сум (150 млрд);

36. Илимлер академиясы - 446,8 млрд сум (429 млрд 943,7 млн);

37. Көркем өнер академиясы ─ 160,4 млрд сум (140 млрд 325,3 млн);

38. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ─ 33,2 млрд сум (30 млрд 720,9 млн);

39. Есап палатасы ─ 116 млрд сум (106 млрд);

40. Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ─ 685,5 млрд сум (635 млрд 623,9 млн);

41. Стратегиялық реформалар агентлиги ─ 20,3 млрд сум (38 млрд 757,3 млн);

42. Дин ислери бойынша комитет ─ 163,7 млрд сум (42 млрд 163,1 млн);

43. Мәдений мийрас агентлиги ─ 177,3 млрд сум (213 млрд 588,3 млн);

44. Социаллық қорғаў миллий агентлиги ─ 21 трлн 139 млрд сум (20 трлн 274 млрд 660,8 млн сум);

45. Олий Мажлис жанындағы фонд ─ 1 трлн 277 млрд сум;

46. Жаслар ислери агентлиги ─ 456 млрд сум;

47. Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ─ 105,7 млрд сум;

48. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ─ 95,7 млрд сум;

49. Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети ─ 28,5 млрд сум;

50. Атом энергетикаси агентлиги - 43,6 млрд сум;

51. Энергорегулятор ─ 3,1 млрд сум;

52. Энергоинспекция ─ 28,1 млрд сум;

53. Агроинспекция ─ 9,3 млрд сум;

54. Басқа шөлкемлер ─ 49 трлн 989 млрд сум (44 трлн 574 млрд 256,5 млн сум).
( ) өткен жылғы қәрежетлер

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

🤭 Smartfonlar endi - TORAQ baxasında!

⚪️ REDMI 13 C (4/128) - 6 543 sumnan
⚪️ HONOR X6 b (4/128) - 5 885 sumnan
⚪️ HUAWEI Nova Y72 (8/256 ) - 6 543 sumnan
⚪️ REDMI Note 13 (6/128) - 8 187 sumnan
⚪️ HONOR X7b (8/128) - 8 187 sumnan*

*Toraqtay arzan baxadaǵı smartfonlar 12 aylıq múddetli tólemge. Kúnlik tólem baxası esapqa alınǵan.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q,  Ernazar Alakóz kóshesi, 60 (Mega Nukus)
📍Mánzil: Qońırat r, Tólegen Aybergenov kóshesi, 1/A úy (Mega park)
📍Mánzil: Beruniy r, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

Baxalar | Instagram | Dúkanlarımız

📢📢📢📢📢

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Өзбекстанда 2025/2026-оқыў жылынан баслап сабақлықлардың ижара төлеми тағы жолға қойылыўы мүмкин

Бир топлам ушын 80 мың сум төлем усыныс етилмекте. Айтылыўынша, бул бюджетке жүкти шама менен 376 млрд сумға азайтады.

«Сабақлықлар ҳәм шынығыў дәптерлериниң толық мәмлекет бюджети есабынан басып шығарылыўы ата-аналар жуўапкершилигиниң төменлеўине ҳәм сабақлықларға итибарсыз мүнәсибетте болыўына себеп болмақта» делинеди Бюджетнама жойбарында.

👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында

Читать полностью…

НЕ ЖАҢАЛЫҚ?

Ajoyib mebellarga, g’aroyib takliflar! 😇

ISHONCH do’konlaridan barcha turdagi mebellarni 20% chegirma bilan xarid qilishga ulgurib qoling!


▶️ Shoshiling aksiya 30-31-oktyabr kunlari amal qiladi!

Batafsil:
📞 +998735152222
@ishonch_chatbot

Barcha aksiya va yangiliklardan xabardor bo'lish uchun @ishonch kanaliga obuna bo‘ling!

📢📢📢📢📢

Читать полностью…
Subscribe to a channel