Байден өзиниң баласын еки жынаят иси бойынша әпиў етти
Үмит етемен, америкалылар мени әке ҳәм президент ретинде не ушын бундай қарарға келгенимниң себебин түсинеди, деди АҚШ басшысы.
Өзбекстанда пропан баҳасы төменлеўи даўам етпекте
Пропанның биржадағы баҳасы 5 ай өтип, тоннасы 7,5 миллион сумнан төменледи.
«Бул егер котировкалар және секирип кетпесе, бир неше ҳәптеден кейин пропанның литри 6 мың сумға шекем төменлеўине түртки береди», дейди экономист Отабек Бакиров.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Ойын ўақтында «Фиорентина» футболшысының жүреги тоқтап қалды
ANSA дәрегиниң хабар бериўине қарағанда, Италия чемпионатының 15-турынан орын алған «Фиорентина» - «Интер» беллесиўи болып атырған бир ўақытта 22 жаслы Эдоардо Боведаның жүреги тоқтап қалған. Нәтийжеде ойын 17-минутта тоқтатылды ҳәм ойын басқа күнге көширилди.
Италия мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, футболшы емлеўханада өзине келген. Бирақ, оның денсаўлығы бойынша ҳәзирше анық мағлыўмат жоқ.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
📆 2-декабрь 📌Күн ҳаққында
🎉 Байрамлар
➖ Халықаралық қуллықты тоқтатыў күни (БМШ).
🎉 Ўақыялар
➖ 1993-жылы наркобарон Пабло Эскобар полиция тәрепинен атып өлтирилди.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Енди Өзбекстан пуқаралары Қытайға 30 күн визасыз саяхат етиўи мүмкин
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм Қытай сыртқы ислер министри Ван И пуқараларға еки мәмлекетке де 30 күн даўамында визасыз саяхат етиў имканиятын беретуғын келисимге қол қойды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
🥇«КАРАКАЛПАК 24» ҳәмде
«НЕ ЖАҢАЛЫҚ?» телеграм каналлары халықтың пикирин үйрениў мақсетинде «Жылдың ең белсенди басқарма баслығы ─ 2024» социаллық сораўнамасын өткермекте
Сиз жыл даўамында қайсы басқарма баслығы өзине жүклетилген ўазыйпаларды атқарыўда ҳәм де өз тараўындағы машқалаларды шешиўде белсендилик көрсетти деп есапласаңыз, сол баслыққа өз даўысыңызды бериўиңиз мүмкин!
⏰ 01.12.2024 15:50 жағдайына бола рейтинг
🟢 БЕЛСЕНДИ
🟢 1. С.Данияров - 1438 даўыс
🟢 2. К.Артыков - 1386 даўыс
🟢 3. Т.Ганиев - 1031 даўыс
🟢 4. У.Матназаров - 970 даўыс
🟢 5. С.Турманов - 844 даўыс
🟢 6. Х.Бекчанов - 718 даўыс
🟢 7. А.Давлетов - 716 даўыс
🟡 ОРТАША
🟡 8. И.Исаков - 399 даўыс
🟡 9. И.Арзиев - 293 даўыс
🟡 10. А.Юсупов - 254 даўыс
🟡 11. П.Махсетбаев - 241 даўыс
🟡 12. Б.Шлымбетов - 234 даўыс
🟡 13. Б.Қутлымуратов - 217 даўыс
🟡 14. М.Юсупов - 191 даўыс
🔴 ТӨМЕН
🔴 15. С.Казбеков - 167 даўыс
🔴 16. Т.Баекеев - 140 даўыс
🔴 17. З.Турдалиев - 139 даўыс
🔴 18. М.Қайыпназаров - 83 даўыс
🔴 19. И.Тлеуов - 63 даўыс
🔴 20. С.Урунбоев - 42 даўыс
🔴 21. Г.Изентаева - 31 даўыс
🔴 22. М.Раҳматуллаев - 28 даўыс
🕰 Даўыс бериў процеси 2024-жыл 20-декабрь саат 23:59 ға шекем даўам етеди.
👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈
👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈
🏠Уйиңизге яки офисиңизге әжайып жалюзилерди орнатыўды қәлейсизбе?
🪟 GRAND JALYUZI кәрханасы сизге арзан баҳада ҳәм де ҳәр қыйлы түрдеги әжайып жалюзилерин усынады.
✅ Өлшеў ҳәм орнатыў қала ишинде БИЙПУЛ;
✅ Жалюзилердиң сапасына кепиллик бериледи.
🌍 Мәнзил: Нокис каласы (квадрат) строй базар алдында GRAND JALYUZI жалюзи дүканы.
👉 Бағдар: Строй Базарга кретигун даруаза алдында 3- Этажлы имарат ГРАНД ЖАЛЮЗИ
📞 Мағлыўмат ушын
+998975087007
+998913897007
❗️ Бизде ҳәммеси ТЕЗ, АРЗАН ҳәм САПА бирлиги жоқары орынға қойылған!
t.me/jalyuziGrand975087007
Каталог кориу👇
https://www.instagram.com/jalyuzi_grand_/profilecard/?igsh=MXg3b2s2MDR4bm5ucg==
📢📢📢📢📢
Сабаққа кешигиў ямаса формада болмаў оқыўшыны сабақтан шығарып жибериўге себеп бола алмайды
Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қуралларының алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбеўге тийкар бола алмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси «нызамлылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет» принциплерине тийкарланыўы керек, делинеди хабарда.
Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июльдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары»на бола, муғаллимлер жәмәәт ағзалары ҳәм басқалардың шахсын, қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибериўи ямаса киргизбеўи ҳәм де қоңыраў шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап турыў мүмкин емес.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн
Қәдирли дослар!
Ең дәслеп, бәршеңизди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги қутлы сәне 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң 35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.
Бәршеңизге мәлим, Тил – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, бизге жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады.
Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.
Мине, усы бийбаҳа байлығымызды көздиң қарашығындай сақлап, келешек әўладқа сап ҳалында жеткериў бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады. Сонлықтан, бул ўазыйпаның әҳмийетин түсинип, жасларымызды ана тилимизге, миллий қәдириятларымызға садықлық руўхында тәрбиялаў жолында бәршеңиз пидайылық көрсетесизлер деп беккем исенемиз.
Сизлерди және бир мәрте Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгениниң
35 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң буннан былай да раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
📆 1-декабрь 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
Бүгин Қарақалпақстанда күн бираз бултлы болады. Жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -2° суўық ҳәм 3° жыллы, күндиз 0-5° жыллы болыўы күтиледи. Үстиртте түнде ҳәм күндиз -3° суўық ҳәм 2° жыллы болады.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
1-декабрь — Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн
Бүгин Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толды.
Автор: Жетес Даулетбаев
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
⚡️️Миллиардерлер байлар ушын «мәнгилик өмир» таблеткаларын ислеп шығыў ушын инвестиция киргизди
Altos Labs компаниясына россиялы 63 жаслы Юрий Милнер тийкар салған. Компания қайта программаластырыў арқалы клеткаларды жасартыўды үйренбекте.
Жойбарға әллеқашан миллиардлап доллар инвестиция киргизилди. Атап айтқанда, Paypal тийкаршысы Питер Тил, OpenAI басшысы Сем Алтман, Жефф Безос (3 миллиард доллар) ҳәм басқалар инвестиция киргизген.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақстан аймақлық филиалының қала ҳǝм районлық газ тǝмийнаты бөлимлеринде нǝўбетши телефон номерлери
Тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ тутыныўшыларының мүрǝжатлерин қабыллаў мақсетинде “Ҳудудгазтаъминот” AJ Қарақалпақстан аймақлық филиалының қала ҳǝм районлық газ тǝмийнаты бөлимлеринде нǝўбетши телефон номерлери.
◾️Əмиўдарья ГТБ 61 515-28-04, 61 515-14-99
◾️Беруний ГТБ 61 524-28-76, 61 524-00-04
◾️Қараөзек ГТБ 61 465-53-04, 61 465-46-99
◾️Қоңырат ГТБ 61 312-37-04, 61 312-00-04
◾️Мойнақ ГТБ 61 322-12-04, 61 322-18-99
◾️Нөкис районы ГТБ 61 424-44-06, 61 424-46-15
◾️Нөкис қаласы ГТБ 61 224-26-75, 61 224-00-04
◾️Төрткүл ГТБ 61 633-04-52, 61 533-00-04
◾️Хожели ГТБ 61 554-23-61, 61 554-60-04
◾️Тахтакөпир ГТБ 61 435-14-54, 61 435-16-99
◾️Шымбай ГТБ 61 444-29-04, 61 444-07-99
◾️Шоманай ГТБ 61 346-21-04, 61 346-18-99
◾️Елликқала ГТБ 61 585-24-04, 61 585-34-04
◾️Тақыятас ГТБ 61 572-28-19,
◾️Бозатаў ГТБ 55 105-31-16
◾️Қанлыкөл ГТБ 61 61 332-14-04
◾️Кегейли ГТБ 61 412-12-04
◾️Филиалдың Сall-орайы 1104
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
ISHONCHda CHEGIRMALAR BAYRAMI BOSHLANDI🎉
Shunchaki ISHONCHga keling va 2️⃣0️⃣🔤 chegirma bilan xarid qiling! 1-dekabrdan Artel, Avalon va Shivaki brendlarining barcha texnikalariga 2️⃣0️⃣🔤 chegirma amal qiladi.
🥇«КАРАКАЛПАК 24» ҳәмде
«НЕ ЖАҢАЛЫҚ?» телеграм каналлары халықтың пикирин үйрениў мақсетинде «Жылдың ең белсенди министри ─ 2024» социаллық сораўнамасын өткермекте
Сиз жыл даўамында қайсы министр өзине жүклетилген ўазыйпаларды атқарыўда ҳәм де өз тараўындағы машқалаларды шешиўде белсендилик көрсетти деп есапласаңыз, сол министрге өз даўысыңызды бериўиңиз мүмкин!
⏰ 30.11.2024 17:40 жағдайына бола рейтинг
🟢 БЕЛСЕНДИ
🟢 1. М.Қурбанов - 553 даўыс
🟢 2. Г.Кожабаева - 303 даўыс
🟢 3. Д.Кайпов - 284 даўыс
🟢 4. Б.Каипбергенов - 247 даўыс
🟢 5. П.Каипбеков - 212 даўыс
🟡 ОРТАША
🟡 6. Э.Турсунов - 182 даўыс
🟡 7. Қ.Әзербаев - 176 даўыс
🟡 8. Б.Торебеков - 174 даўыс
🟡 9. М.Джуманиязов - 149 даўыс
🟡 10. В.Жоллыбеков - 137 даўыс
🔴 ТӨМЕН
🔴 11. Б.Жузбаев - 107 даўыс
🔴 12. А.Алланазаров - 106 даўыс
🔴 13. Қ.Айтбаев - 82 даўыс
🔴 14. Б.Темирбаев - 72 даўыс
🔴 15. Р.Султанов - 62 даўыс
🕰 Даўыс бериў процеси 2024-жыл 20-декабрь саат 23:59 ға шекем даўам етеди.
👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈
👉ДАЎЫС БЕРИЎ👈
Yashash yaxshi, yaxshi yashash undan ham yaxshi!
LG texnikasi hayotingizni yanada yaxshilashga yordam beradi. ISHONCH esa bu ishni hozirning ⏱ o'zida amalga oshirishga yordam beradi.
1-dekabrdan 🗓 ISHONCHda Chegirmalar bayramida 🎉 barcha LG texnikalarini 20% chegirma bilan xarid qiling!
❓Не ушын 9-декабрь, дүйшемби күни дем аламыз?
✅ Қысқаша жуўап: Мийнет кодексиниң 208-статьясына бола, жумыс исленбейтуғын байрам күнлери дем алыс күнине туўры келип қалатуғын болса, онда дем алыс күни кейинги жумыс күнине көшириледи.
Яғный, байрамлар екшемби күнине туўри келип қалса, онда дүйшемби де дем алыс болады.
Быйыл 8-декабрь - Өзбекстан Республикасының Конституция байрамы екшемби күнине туўра келеди. Сол себепли, дүйшемби күни де дем алыс күни деп жәрияланды.
Демек, бес күн жумыс ислейтуғынлар 7, 8 ҳәм 9-декабрь күнлери (3 күн), ал алты күн жумыс ислейтуғынлар болса 8 ҳәм 9-декабрь күнлери (2 күн) дем алады.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Pulmakon «CLEVER» микрокредит шөлкеми
📊МИКРОҚАРЫЗ 2 СААТТА ШЫҒАДЫ
🪙10 млн нан 300 млн ға шекем микроқарыз
Мәселен той бериуге яки Машина алыуға ҳәмде басқада жетпей турған қәлеген мүтәжиңизге алсаңызда болады
Оны 10 күнде яки 1 айда кайтарсаңызда болады тек алган күниңиз ге пайыз қосылады
📅 6 айдан 1жыл 1,5 ҳәм де 3-жыл мүддетке.
🪙 Кредит алыў ушын сиз тек ғана 2010-жылдан төмен болмаған автотранспортты НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз.
КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР
Пуқараның ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Пластик карта;
Нотариусқа 1.070.000 мың сум төлем.
10 млн 725.000
20 млн 1.449.000
30 млн 2.174.000
40 млн 2.899.000
50 млн. 3.624.000
60 млн 4.348.000
70 млн 5.073.000
80 млн 5.798.000
90 млн 6.522.000
100 млн 7.247.000
Айма-ай график бойынша төлеп барасыз
☎️Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
📍Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.
📢📢📢📢📢
📆 2-декабрь 🌤 Ҳаўа-райы болжаўы
Бүгин Қарақалпақстанда күн бираз бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3...-5° суўық, күндиз 0-5° жыллы, айырым жерлерде -3° суўық болыўы күтиледи.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❓Қарақалпақ тилиниң сақланып қалыныўы тек технология қолында ма?
Қарақалпақстанлы бағдарламашы Атабек Муртазаев телеграм каналында жаңа материал жәриялады. Онда қарақалпақ тили мәселесине байланыслы бир қатар пикирлер билдирилген.
1-декабрь — Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Бул күн тап Жаңа жыл байрамы сыяқлы жылына бир рет есленетуғын, дерлик пайдасы жоқ ҳәр қыйлы флешмоб, ушырасыў ҳәм соған уқсаған илажлар менен өтип кететуғын, ертеңине болса барлығы умытылатуғын күн. Басқалар ушын қандай билмедим, бирақ мен ушын 1-декабрь тәшўишлер күни.
Мениң жеке пикиримше, бул күнди байрам деп есаплаўға тийкар аз сыяқлы. Егер қарақалпақ тили, ҳақыйқатында да, раўажланып атырған болғанда, онда гәп сөзсиз, бул күнди белгилеўге болар еди. Деген менен, UNESCOның World Atlas of Languages жойбарында қарақалпақ тилине Potentially vulnerable (шамалы әззи) статусы берилген. Бул қарақалпақ тилиниң жарқын келешегин көз алдымызға келтириўимиз қыйын дегени.
Тил байрамы мүнәсибети менен 4 жыл алдын да темаға байланыслы бир пост жазған едим. Ол жерде әпиўайы адамлар тилдиң раўажланыўына қандай үлес қоса алыўы ҳаққында идеяларым менен бөлискенмен. Мине, арадан төрт жыл ўақыт өтти, лекин мен, дерлик, бул мәселеде өзгерис көрмедим. YouTube, Instagram, Telegram сыяқлы платформаларда бираз контент шығып атырғандай, бирақ сапа жағынан еле дым төмен.
Улыўма алғанда, тилдиң раўажланыўы мәселесин, биринши нәўбетте, мәмлекет өз мойнына алыўы керек. Бирақ, бизде, негедур, олай емес — тил мәселеси күн тәртибинде турған жоқ. Сонлықтан, «тилди раўажландырыў» демей-ақ қояйық, ҳеш болмағанда, оны өз қәдири дәрежесинде услап турыў ҳәзирде тек тил ықласбентлери ҳәм энтузиастлардың ғана қолында ма деп ойлайман. Тилекке қарсы, бундай адамлардың саны да жүдә ҳәм азшылықты қурайды.
Соңғы жыллары жасалма интеллект (artificial intelligence) тараўы әдеўир раўажланып атыр. Буның нәтийжесинде, алдын имканияты көп болмаған аз ресурслы тиллер (low resource languages) буның арқасында көп пайдалы нәтийжелер алмақта. Мәселен, Google Translate’тиң ақырғы версиясына жаңа 110 тил қосылды. Тиллер арасында абхаз (сөйлеўшилер саны 190 000),. коми (100 000), тува (130 000) сыяқлы тиллер де бар. Yandex компаниясы да өз аўдармашысына Россиядағы көплеген басқа халықлар тиллерин қосып атыр.
Бул тиллер қатарына қарақалпақ тилин қосыўдың илажы жоқ па еди? Неге технологиялық прогресс нәтийжелеринен басқа киши тиллер сыяқлы қарақалпақ тили де пайдалана алмайды? Буған тийкарғы себеп, қарақалпақ тилиниң санлы дүньяда дерлик жоқ екенлиги. Қарақалпақ тилиндеги ресурсларды электронластырыў жумыслары усы ўақытқа шекем исленбеген. Сканерленген китаплар бар, деген менен олар текст көринисине өткизилмеген.
Жасалма интеллект мүмкиншиликлеринен пайдаланыў ушын, үлкен көлемли мағлыўмат керек. Мысалы, Google Translate сыяқлы онлайн аўдармашы ислеўи ушын кеминде 100 000 гәпти өз ишине алған параллель тил корпусы зәрүр (жақсы, сапалы болыўы ушын, бир миллион гәп), яғный 100 000 қарақалпақша гәп ҳәм оның аўдармасы керек болады (қәлеген кең тарқалған тилге; баспадан шыққан китаплар санын есапқа алсақ, ең оптималы рус тили шығар). Бул корпус пенен машиналық үйрениў (machine learning) технологияси жәрдеминде, аўдармашыны «шынықтырыўға» болады.
Енди әдеттеги сораў, не ислеў керек? Тилди электронластырыў бул жеке энтузиастлардың қолынан келетуғын ис емес, сол ушын мәмлекет, әлбетте, өзи араласыўы керек. Китапларды электронластырыў, параллель ҳәм моно корпуслар жаратыў — бул тийкарынан инсан ресурсларын талап ететуғын процесс. Мәмлекетте бул ресурслар бар. Бәлким, оларды дурыс жолда пайдаланыў ўақты келген шығар? Егер инсан ресурсын жеткерип бере алмаса, грант яки соған уқсас қаржы жағынан болса да жәрдем бериўи мүмкин.
Мәмлекет тилдиң раўажланыўына үлес қоса алмайды яки буны қәлемейди екен, итимал, мағлыўмат жыйнаў жағынан жәрдем бериўге күши жетер? Технология жағын энтузиастлар жыйналысып бир нәрсе ислей алыўына көзим жетеди.
Өзбекстанда 1-декабрьден баслап бир қатар өзгерислер күшке кирди
Атап айтқанда:
🔹ишимлик суўы ушын төлемлер тек электрон түрде қабыл етиледи;
🔹камбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи;
🔹 турақ жайды жақсылаў ушын кредитке арзаларды қабыллаў басланды;
🔹автомобиль номерлери ушын төлем төлеў аңсатластырылды;
🔹қорғаў ордерин бериў жағдайлары кеңейтирилди.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❗️Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?
Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
➖ Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
➖ Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
➖ Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;
➖ Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.
Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң!
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Quloqlaringiz tinch 😌 bo'lishini istasangiz ayolingizga mebel olib bering! ( albatta bu hazil )
1-dekabrdan barcha ISHONCH do'konlarida CHEGIRMALAR BAYRAMI 🎉 boshlandi. Belgilangan turdagi mebellarni 20% chegirma bilan xarid qilishingiz mumkin💥
Yangi yilni yangi mebelda kutib olishga nima yetsin! 🎄
📆 1-декабрь 📌Күн ҳаққында
🎉 Байрамлар
➖ Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн;
➖ Пүткил дүнья жүзлик АИЖС кеселлигине қарсы гүресиў күни;
➖ Панамада муғаллимлер күни;
🎉 Ўақыялар
➖ 2019-жылы Короновирус Қытайдың Вуҳан қаласында ҳәўиж алып баслады;
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
❄️ Бүгин қыстың биринши күни
Кирип келген қыс мәўсими бәршеге мүбәрек болсын! Жаңа мәўсим бәршеге тынышлық-аманлық, беккем денсаўлық, мол ырысқы-несийбе алып келсин!
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри ҳәм Беруний районы ҳәкимине «сөгис» жазасы қолланылды
️Қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў, тутыныўшыларға жанылғы-энергия ресурсларын турақлы жеткерип бериў ҳәм оларды үнемлеў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде пассивликке жол қойған айырым басшылардың жеке жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң тийисли бийлиги қабыл етилди.
Бул ҳүжжетке тийкарланып аймақлардағы бир қатар жуўапкерлерге интизамый жаза қолланылған.
Атап айтқанда, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди талан-тараж етиўге жол қойғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Б.Жузбаевқа ҳәм Беруний районының ҳәкими И.Хидировқа «сөгис» жәрияланды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
😎😎😎😎😎😎😎😎
БУЎЫН ҲӘМ СҮЙЕКЛЕРДИ ТИКЛЕЙТУҒИН ӘЖАЙИП ӨСИМЛИК
📱 YouTube 👈 та бизди көриң
Nutva Complex 🌱 шөбинен пайдаланып, аяққа турған Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласынан болған наўқас. Сиз де Nutva Complex 🌱 ишип,
✅ Санның жемирилиўи,
✅ Дизе жемирилиўи,
️✅ Буўынлар исиниўи,
️✅ Сүйек сыныўы,
✅ Белдеги жарық.
сыяқлы кеселликлерден қутылың ҳәм сүйек ҳәм буўынлардың ҳәрекетлениўин жеделлестириўде организмимизге қосымша жәрдем бериң!
✅ Сыналған ҳәм мыңлаган клиентлерге ийе болган ҳадал қосымша!!!
Мағлыўмат ушын:
☎️ +99871-211-11-12
🚌 Жеткерип бериў хызмети бийпул.
😎NutvaUz?sub_confirmation=1">YouTube|📹Instagram|🌐Website|🌐Facebook
Нөкис қаласында «Шылпық» бренди менен тазаланған ишимлик суўы ислеп шығарылмақта
Бүгин Нөкис қаласындағы «Теле орай» мәкан пуқаралар жыйынында тазаланған ишимлик суў ислеп шығарыў жойбарын иске түсирген «Long Water» кәрханасының ашылыў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа кәрхана иске түсирилиўи мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақстанда қадаған етилген диний материалларды интернетке жайластырып, оны танысларына тарқатқан шахс қамалды
Шымбай районында жасаўшы Қ. Instagram тармағындағы өзиниң жеке профилине 10 ға жақын диний материалларды жайластырып, оны виртуал танысларына тарқатып келгени анықланды.
Сондай-ақ, ол белгисиз профиль ийеси менен виртуал байланыс орнатып, Сирияға барыў жолларын ҳәм ол аймақта болып атырған жаўынгерлик ҳәрекетлеринде қатнасыў мәселелерин турақлы түрде додалап келген.
Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси ашылып, пуқара Қ.ға суд тәрепинен 7 жыл еркинен айырыў жазасы тайынланды.
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Толық оқыў
👉 Соңғы жаңалықлар
НЕ ЖАҢАЛЫҚ? каналында