Assalawma aleykum. J háribinen keletuğın omonimler kerek edi. Bilseńiz aytıp jiberiń iltimas
Читать полностью…Ески жыл маусиминин уактын анлататугын тусиник.Тийкары анык бир санени анлатады. (февраль-март айларында).Аныгын шаруалар биледи.
Читать полностью…Raxmet usinday variantlarda bar 4 variant ishinde onda duris shiģar siziñ aytqaniñiz raxmet
Читать полностью…Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Ҳа, жолаўшы, ассаламу әлейкум!
Ерназар артына жалт бурылды. Мүсининен талыб-илим уламаларға мегзес муртын қырдырып, қара сақалын сулыўлап пардозлаған, отыз-отыз бес жаслардағы биреў мешит таманнан келип қалыпты. Ерназар оның сәлемин әлик алып өз гезегине сәлем берди.
- Қулға ҳәўесиңиз кеткенин аңладым, ким боласыз?
- Қарақалпақ Ерназар палўан дегенмен.
- Ҳә, еситкенмен. Мен Хорезмге келген түркий ахунман.
Ерназар атынан түсип, оның менен қайта сәлемлести.
- Ҳа, азаматсаң, Ерназар. Сен туўралы, сен баслаған аға бий туўралы да еситкенмен.
- Қайдан?
- Хорезмниң дузын тең татып, Әмиўдәрьяның суўын бөлисип ишип отырып қарақалпақларды билмеў, ҳәр бир хийўалы ушын гүллий гүна.
- Қалаға бөтен еллерден келген сизден басқа-әм бар ма?
- Айрықша кимлер қызықтырады?
- Орыслар бар ма?
- Түри-түсиңнен ҳаўлыққаның сезилип турыпты, қорқтың ба?
- Бир басқа бир өлим бар, оннан қашып қутылыў жоқ, бирақ, халқым ушын жақсы-жақсы нийетлерим бар, сол ушын жасағым келеди.
- Ақыллы жигитлигиңди жаңа гүбирлиңнен-ақ байқадым. Ырастан да, қарақалпақларға көп мың қул керек. Бахтың болсын, бул көпир көп қарақалпақ жигитлерине бахыт келтирген.
- Қалайынша? - деди Ерназар бул сөзшил адамға таң қалып.
- Еситпегенбисең? Бир жола сизиң елден Мамыт, Сайыпназар исимли еки жас жигит әкелериниң орнына хан салығын әкиятырғанда, тап усы көпир үстинде шикәрға баратырған ханға тап болады. Иси ериккен хан оларды иркип: "Қарақалпақлар бизге ким болады?" деген сораў қояды. Сонда Мамыт: "Қарақалпақлар хан тахтының туяғын көтериўши қураллары" - дейди. Хан ойланбастан: "сен бала руўыңа бийсең" - дейди. Сөйтип, Сайыпназарға қарап: "Ҳей бала, нендей тағам мазалы?" - дейди. "Мәйек мазалы", - дейди Сайыпназар иркилмей. Хан үндеместен оны шикәрға ертип кетеди. Еки күннен соң қайтып киятырып және усы көпирге келгенде хан: "Не менен?" - дейди. Сайыпназар "дуз бенен", дейди. Уллы хан оның қатықулақ дилўарлығын мақтап: "Сен-әм өз руўыңа бийсең" - дейди.
Ол аўылласлары Мамыт ҳәм Сайыпназардың усылайынша бий болғаны жөнинде ҳақыйқатлықты бурыннан билсе де, жаңа еситкенге қусап, үлкен көзлери менен күлип, ҳайран қалған түр көрсетти.
- Ахун аға, бир сораўыма жуўап бере алмадыңыз?
- Шырайыңнан көп нәрселерди аңлап турыппан, тамырыңды көрейин бе?
Ерназар жуўан билегин түринип оған усынды. Ахун оның жүнли билегиниң үстине өзиниң солыған геширдей еки бармағын қойып үнсиз тыңлады да:
- Уйықламағансаң, - деди. - Тамырың күшли соғып турыпты. Айтшы, иним, сен түсиңде жалаңаш жүресең бе?
- Базда сондай болады, базда қолларымды қанат қылып аспанда ушып-әм жүремен.
- Сени келешекте үлкен бахыт күтип турыпты. Оның үстине жас ғана бир нәўше қыз сыртыңнан ашық.
Наятый шуқыр билими бар ахунлар кәрамат пенен ишиңдегини оқыйды, гейпаралары жаптың суўын терсекейине ағызып көрсетеди, дегенди Ерназар көп еситкен еди. Ҳайран қалып шаршағаны басылды, уйқысы ашылды.
- Аммо, - деди ахун оның билегинен бармақларын алмай. - Түсиңде жалаңашлық жаман. Я ҳаялың ғар, я ағайинлериң жек көргени.
Ағайинлериниң унатпайтуғыны ырас. Ҳәтте, әкеси Мыржықты оның туўысқан ағасы Айдос баба өлтирген. Ҳәзирги "аға бий"ди де оны руўласлары ғана онша қуўатламайды, келиншеги Рабийби болса Мамыт бийдиң ҳаял үстине алыўға қолайлап жүрген қызы еди, сонлықтан, Мамыттың оны жақтырмай, аға бийге өз топарынан жигит қостырмай қойғанының себеби усыннан деп билетуғын еди.
"Неликтен Рабийби бузық?.."
Ерназардың шүй төбесине батпан тас тасланғандай, мийи абыржып, ойлары алғаў-далғаўланды. Биресе түркий ахун менен тереңирек мәсләҳәтлескиси келди, биресе турған жеринде оның мойнын бурап, көпирдиң астына тығып кеткиси келди.
Түркий ахун көп гидирмей:
- Адам баласына ең кереги: биринши - тамақ, екинши - зайыбыңның пәклиги, - деди де жөнине кетти.
Ерназардың дизелери қалтырап бундай ништерли жаңалық еситкенше "Пил палўан"ның адамлары тәрипинен өлтирилгени анағурлым абзалырақ түйилди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
08. 12
Bunnan buyagina togayda tuwilģan qozi òlmeydi degen gàp neni bildiredi aytip jiberseñiz
Читать полностью…▪️1.АДАМ ҮШ НӘРСЕНИҢ ҚӘДИРИН БӘРҲА КЕШИГИП БИЛЕДИ: ЖАСЛЫҚ, ДЕНСАЎЛЫҚ, ТЫНЫШЛЫҚ.
▪️2.ДОСТЫ–ҚОРЛАЎ ГҮНА. ӨМИРЛИК ЖОЛДАСЫҢДЫ ҚОРЛАЎ–ЖҮЗ ЕСЕ ГҮНА. АТА-АНАНЫ ҚОРЛАЎ–МЫҢ
ЕСЕ ГҮНА. НӘРЕСТЕНИ ҚОРЛАЎ–ШЕКСИЗ ГҮНА...
▪️3.ЖУМЫС КӨП БОЛЫП, ЎАҚТЫҢЫЗ ЖОҚЛЫҒЫНАН НАЛЫМАҢ, ЎАҚЫТ КӨП БОЛЫП, ЖУМЫСТЫН ЖОҚЛЫҒЫНАН ҚОРҚЫҢ, АДАМДЫ ӘБИГЕР ЕТЕТУҒЫН НӘРСЕ–БИЙКАРШЫЛЫҚ.
▪️4.ҲӘТТЕ БҮЛБИЛ ДЕ ШӨЖЕ ШЫҒАРҒАН СОҢ САЙРАЎДЫ
ТОҚТАТЫП, ПАЛАПАНЛАРЫНА ЖЕМ ТАСЫЙДЫ.
▪️5.ЕРТЕЛЕП ТУРҒАНЫҢДА, КҮНДИЗ ЖҮРГЕНИҢДЕ, КЕШТЕ УЙҚЫЛАҒАНЫҢДА ҲЕШ ЖЕРИҢ АЎЫРМАСА, СОНЫҢ ӨЗИ ҮЛКЕН БАХЫТ!
▪️6.АҚЫЛ МЕНЕН ҲӘМЕЛГЕ
ЕРИСИЎ МҮМКИН. ҲӘМЕЛ
МЕНЕН АҚЫЛҒА ЕРИСИП
БОЛМАЙДЫ.
▪️7.ДҮНЬЯДА *МҮЛТИКСИЗ НӘРСЕ ЖОҚ. ХӘТТЕ МУҲАББАТ ДЕП АТАЛГАН ИЛАҲИЙ СЕЗИМДЕ ДЕ ӘДАЛАТСЫЗЛЫҚ БАР. КИМ ҚАТТЫРАҚ СҮЙСЕ, СОЛ КӨБИРЕК АЗАП ШЕГЕДИ.
▪️8.ИНСАННЫҢ БАҲАСЫ БУЛ ДҮНЬЯДА ӨЗИНИҢ АЛҒАНЫ МЕНЕН ЕМЕС, АЛ ӨЗИНЕН ҚАЛҒАНЫ МЕНЕН БЕЛГИЛЕНЕДИ.
*Мүлтиксиз–бул жерде идеал деген мәнисте
Балалар ушын қосық
Киши жастағы оқыўшыларға усы темада сабақ өткенде пайдалансаңыз болады.
Мен светофор достыңман
Жанып турған көзим бар,
Қызыл, сары, жасылман,
Бала, бала, балалар,
Мен светофор достыңман.
Көше толы машина,
Ақыл, есиңди жыйна,
Үлкен бол я киши бол,
Ҳәммеге тең қағыйда.
Эй балалар, балалар,
Ала - ала сызықтан,
Жолды кесип өтсеңиз,
Маған қараң, асықпаң.
Серли етип ишиңди,
Басқарғанда исиңди,
Жақсы аңлап билгейсең,
Үш иреңли түсимди.
Қызыл жанса, тоқтап тур,
Сары жанса, таяр тур,
Жасыл жанса ҳәр дайым,
Өтиўге үлгерип жүр.
Алаң болма ҳәр затқа,
Сер сал оңлы, солыңа,
Телефонда сөйлеспе,
Пиядалар жолында.
Жолдың қағыйдасы сол -
Өмирдиң пайдасы ол.
Көшелерде жүрсеңиз,
Әдепли бол, жақсы бол.
Автор : Азат Даўышбаев
Режиссёр А
журналист F
Микрофон D
Студия E
Ғалаба хабар қураллары G
Диктор H
Телевидение,ең төменги.
Публистика С
Мениңше усылай,қәтеси болса дурысларсыз.
Күнниң суўығы қайтып, жылып баслағанда яғный қой-ешки далада туўса енди тоңламайды деп бәҳәрде айтылатуғын сөз болыўы керек, бир еситкендей едим.
Читать полностью…08.12.1937-жыл — Қарақалпақ халқының даңқлы перзенти — АЛЛАЯР ҚОРАЗ УЛЫ ДОСНАЗАРОВТЫҢ жала, дөҳмет пенен айыпланып, атылған күни. Яд етемиз бабамызды! 🤲
📱 Telegram | 📱 Instagram
...
ЖАЛҒЫЗЛЫҚ БРИГАДАСЫ
Мен – жалғыз шыпакер,
жиллиханада
Жырладым өз қосық –
дəрилеримди.
ВЕЛИМИР ХЛЕБНИКОВ
Мен – жалғыз, тыӊлаўшы бул кеӊ далада,
қулақлар ишинде қулақсыз тыӊладым.
Хлебников айтқан «Жиллихана»да
өзимдей жиллини таппай жыладым…
АЙГҮЛ ҚОСЫМБЕТОВА
Мен – жалғыз шабақпан усы теӊизде,
Өзеги өртелген от ескен қумнан.
Излеймен иркилип ҳəммеден изде,
Қумға сиӊген бе деп шайқалған умман.
БАЗАРБАЙ ЖОЛДАСБАЕВ
Мен – жалғыз мүсинши:
Алтын қалада;
10 жыл мүсинимди күнге тапладым.
Бир қарыйдар таппай дүзде, далада…
Адамы жоқ журтта – адам сақладым.
МОДЕРНИСТ МУСА
Мен – жалғыз жалғызбан ел арасында...
Мен жалғыз сезиммен мәплер ишинде...
Шексизликпен шеклер шегарасында...
Үнсизликпен қунсыз гәплер ишинде..!
ИСМАЙЫЛОВ АБДИРАШИД
Мен – жалғыз жаманман, ҳәмме периште...
Жазылмаған жырлар..., ҳәммеси иште.
Найзағайды күтип жасайман,
шағылар бир күн!
Оған шекем
мен – жалғыз жаманман, ҳәмме периште...
МУХАММЕД БАЎЕТДИНОВ
/channel/Represo
ӨМИР НЕ?
(ДАНАЛАР НӘЗЕРИНДЕ БУЛ СОРАЎҒА ЖУЎАПЛАР)
• ДОСТОЕВСКИЙ: БУЛ ДОЗАҚ.
• СОКРАТ: БУЛ СЫНАЎ.
• АРИСТОТЕЛЬ: БУЛ АҚЫЛ.
• НИЦШЕ: БУЛ КҮШ.
• ФРЕЙД: БУЛ ӨЛИМ.
• МАРКС: БУЛ ИДЕЯ.
• ПИКАССО: БУЛ ИСКУССТВО.
• ГАНДИ: БУЛ МУҲАББАТ.
• ШОПЕНГАУЭР: БУЛ АЗАП.
• БЕРТРАН РАССЕЛЛ: БУЛ
БӘСЕКИ.
• СТИВ ЖОБС: БУЛ ИСЕНИМ.
• ЭЙНШТЕЙН: БУЛ БИЛИМ.
• СТИВЕН ХОКИНГ: БУЛ ҮМИТ.
• КАФКА: БУЛ ТЕК ҒАНА
БАСЛАНЫЎЫ.
💡ДҮНЬЯ, ДИН, ӨМИР философиясы
Ўаҳ, ўаҳ... мына суп - сулыўдың дәстинде...
Тойымы жоқ қумар көздиң нәпсинде,
Ышқы мени мың адақлап тамамлар,
Ўаҳ, ўаҳ... мына суп - сулыўдың дәстинде,
Аңым ушып мен бийшара, адамлар!
Мың киловат ток урғандай денеме,
Ләңим шығып келалмадым келеге,
Бул перийзат жилўаланса еледе,
Талқан болып кететуғын түрим бар.
Қыз емес ол, магнитли электр,
Тақатымды жан қәлбирден елеп тур,
Көкирегимди нағыйбыл күш кернеп тур,
Енди буны умыталмас күним бар.
Мен нәйлейин, айталмасам жар салып!
Эй ашықлар, тыңласаңыз аңсанып,
Бүлкилдеген ақ сийнеге тамсанып,
Аш қозыдай жамырасқан түним бар.
Ҳәр мүшеси уўылжып бир өскенде,
Уўыз ийним қурып бағрым кескенде,
Гөззаллығы жүрегиме көшкенде,
Тил тығылып шығалмастай үним бар.
Бундай ҳалда айта алмай үгитлер,
Әпиў етиң, ерси болса, жигитлер,
Жигит емес алғыр баздай бүркитлер,
Ашықлықта мениң сондай миним бар.
Мен сорлыны жипсиз шандып байлатқан,
Сезимимди түйдеклеп гә жайратқан,
Тәнимдеги бүлбилимди сайратқан,
Кеўлимде бир мәўсим билмес гүлим бар.
Ышқы муҳаббатым емес - аў, тегин,
Аҳ !.. деп, сүйек жарып шыққанда демим,
Таба алмай усы дәрттиң мен емин,
Бул қәстеден айығалмас түрим бар.
Автор : Азат Даўышбаев
Төлепберген Қайыпбергенов
Тәнҳа өзиңе мәлим сыр
Ешейинде атқа ғарғып минетуғын қызының ҳәлсизленип қалғанын сезген әке қолынан жоқары тартып алды да, белиндеги белбеўин шешип, оны өзине қосып байлады ҳәм атқа қамшы көтерди.
- Ҳаў, Перихан!? - деди Палўан жыламсырап.
Нуржан ғарры иркилип, оған бурылды:
- Сен, бала, кимсең?!
Қәҳәрли ата алдында Палўан недерин билмей, тили таңлайына тығылды.
Периханнан да ҳуўыш кетип, басына жартыўлы ой келе қоймады.
- Әй, бала! - деди ғарры ҳүкимдарлық пенен. - Айт, маған, мынаў жас қызды айнытқан ким? Жасы он сегизге толмаған қызды бузғаны ушын я судлатаман я ҳәзир үйине барып от беремен!
Жуўап орнына Палўанның үлкен көзлерине жас қуйылды.
- Жылама, бала, - деди ғарры еле оны күйеў екен деп ойына да келтирмей. - Әжағаң ба? Қоңсың ба? Перихан қайда кетти, деп сеннен ким сораса да, Периханды әкеси әкетти, де. Мен жалғыз қызымды ҳешкимге қорлатпайман. Он алтыдағы гөдек қызымды алдап әкетип, ҳәтте көйлек жаңалаттырмаған қандай найсап ол!
Палўан албырағанынан үйиндеги аршадан айдынлы көйлекти әкелиў нийетинде үйине жуўырыў ушын артына айналғаны сол, Нуржан ғарры атын қамшылап, ыраштан түсип, арқаға тартылған кең көше менен жөнине кетти.
Перихан әкесине билдирмей изине бурылып, үйинен көйлекти алып шығып, қолында жалаў қылып былғаў менен жуўырып киятырған Палўанды көрди, бирақ әкесине ол жөнинде бир нәрсе деўге тартынды. Палўан еле жуўырып киятыр. Ара қашықлаған сайын қатты-қатты даўыслады:
- Перихан! Периха-а-а-а-н!...
Қыз оның аянышлы даўысына шыдай алмай, мингесиктен түсип қалыўға нийетленип еди, әкеси белбеўиниң түйинин беккемирек услап:
- Қызым, табжылма, - деди. - Мен сениң душпаның емеспен! Қәдириңди кетирме, мени де бийабырай қылма! Керек адам излеп барады. Аз да болсақ бес үйли аўылмыз, сен сол аўылдың жалғыз ғана қызғалдақ гүли едиң. Қәлеген адам гүлди урлап емес, сорап әкетсин. Аўылдан, үйден әкетсин. Болмаса қәдириңе жетпей солытады.
- Оның анасы аўырыў...
- Түсинемен, қызым, сен жүдә мийримшилсең. Сол ушын "анам аўырыў еди" деп алдаған сумға инанып, өз өмириңди, келешегиңди ойламағансаң. Буның барлығы жаслықтың кесапаты.
Қызының көзлеринен жас сорғалап, үнсиз жылап киятырғанын сезген әкеси, оған бурылмастан, атты қаттырақ айдаўға ҳәрекет етип нәсиятлай берди:
- Жаңағы мурныбоқ бала ма, атыңды айтып шақырған? Қой, ол бала әўели мурнын тазаласын. Көз жасыңды заялама, қызым. Өмирдиң ҳәр қыйлы кәсапатлары бар, буннан бетерирегинен сақлағай. Аўылға жеткен соң балалық етип, қалалы биреў менен қашып кеткениң жөнинде ҳешкимге тис жармай-ақ қой, қызым.
- Айыбын жасырыў ладанның иси, деген едиң ғой бир жола, - деди Перихан биринши мәртебе тилге келип.
- Ақыл менен әдеп егиз жүреди, қызым. Сен мени түсин!
- Көкирегимде от жанып киятыр.
- Өшпейтуғын от болмайды, қызым. Ең баслысы, келешегиңди ойла, ақылдан адаспа, қызым. Бабалардың айтыўы бойынша ҳәр инсан өзинше жумбақ. Ер жеттиң бе, жумбақ бол!...
- Бул жумбақты әллеким шешип тасласа масқара болмаймыз ба?
- Сен билесең, мен билемен, қызым. Басқа ким шеше алыўы мүмкин?
- Қалада той болды.
- Қалалыларда сенсиз де жумбақ көп қызым. Ең баслысы, сен өз тилиңе беккем бол!
- Инсан өтирик сөйлемеўи керек, деп өзиң үйреткен едиң ғой?
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
Asalawma áleykum hámmege.
Xonim menen janob degen sózlerdi qáytip qollansaq boladı?