Күн темасына
Жийен менен өрисиң кең жайылар
Жыллы шуўақ, жадыраған күн райы,
Туўмадан соң ең баўырман бул - дайы.
Ҳасыл дайы қабақ шытпас еншиге,
Ат болса да, жийентайдың зор пайы.
Күлимлесе ийге тартар жийени,
Жақсы дайы әрўанадай ийеди.
Ҳәзиллессе илме ғайып сөзлерден,
Гәп көтермес тонын терис кийеди.
Берсе қолдан, бермеселер жолынан...
Деп айбарақ салып жийен киреди.
Мәгар десе : Ҳақым бар - аў, ҳақым бар,
Оған қандай статья жүреди?
Бәрекелла, жаўрыншалы дайылар,
Жийен менен өрисиң кең жайылар.
Несийбеңиз "төрт түлик" тен дарыса,
Бир түликте жийеншениң пайы бар.
Автор : Азат Даўышбаев
Имам молламыз дейди, ,ауылда ийисте Қуран оқып шығады аўа,диний лаўазым , ийман бул да сол динге байланыслы сөз ,ийман жүзли, ийман минезли деп зыят сөзи жоқ,артық-аспай гәп пенен кеўлиңе тиймейтуғын "Қумырысқаға азары жоқ"адам дейди ,
Читать полностью…Ер жигитти не қуртады әзелден?
Нәше, қумар, қыйқым сөзлер ежелген.
Ер жигитти не қуртады және де?
Зина ислер оған шайтан бежерген.
Сор қайнаған ар - намыстан наўа жоқ,
Асқынласа ийт нәпсине даўа жоқ,
Қыңыр қыйсық истен оған саўа жоқ,
Яран болса урғашы шайтан менен.
Жантасқанда гүдибузар жанына,
Есапланбай азаматтың санына,
Қуршаңқылық кесел сиңер қанына,
Үйкелессе мудам "ақ байтал" менен.
Жети жылын ойламаған еркектен,
Жети күнин ойламаған қатыннан,
Не үмит бар, не қайыр бар? дегендей,
Қыйып түсер нақыл бар ғой халқымда.
Жигит сәни, жарасығы - дәлиде,
Ат көтерген салдамалы ҳәлинде,
Лебизине опадарлық әйлеген,
Тәрезиниң тасын басқан кәринде.
Ер билими, парасаты - ғайраты.
Ар, намысы - көксиндеги айбаты.
Мәгар оннан журдай болса айрылып,
Қатынша жоқ аның зәрре байқасы.
Ер жигитти не қуртады әзелден?
Нәше, қумар, сыпсың сөзлер ежелген.
Ер жигитти не жоқ қылар және де?
Бийпәрўалық тағамын жеў әселден.
Автор : Азат Даўышбаев
Дослық көпири
Ел менен ел татыўласып әзелден,
Бурқасынлы дәрья ақса кеўилден,
Дарға болып еки жаққа керилген,
Арка яңлы турар дослық көпири.
Түркий әлем туўысқанлық уранын,
Дилмашсыз - ақ, түсиндирсе зибанын,
Еңсесинде алып өтер кәрўанын,
Диянатлы уллы дослық көпири.
Әўел баслап Уллы Жипек жолынан,
Тасын қалап ата - бабам қолынан,
Салтанатлы бой көтертип соңынан
Тийтырнағын салған дослық көпирдиң.
Сан мың әўлад кеўлиндеги жыр, дәстан,
Жуп жағасы гүл - гүлистан, ҳүр бостан,
Тек жақсының жүрегине тутасқан,
Аман болсын бәрҳә дослық көпири.
Аяқ соқпақ жалғасқандай айдынға ,
Дәрья болып бирлескендей сайдың да,
Жарасығы болып ҳәр бир жайдың да,
Саўлат төгип турғай дослық көпири.
Мақтымқулы таўап етип удайы,
Әжинияз сәлем жоллап дуўайы,
Бул өткелден өтсе Бердақ, Наўайы,
Ҳәмдам болған оған дослық көпири.
Журт қайтарса уллы иске жуўапты,
Озал бастан көпир қурған саўапты,
Ел ҳүрметлеп әйлесе зор таўапты,
Беккем болар мәңги дослық көпири.
Әўел ақыр бул бес күнлик дүньяда,
Дослар менен өткен өмир зыяда.
Көликли бол яки пайыў пияда,
Ең абзал жол бизге дослық көпири.
Хат алысып ашық пенен машықтан,
Жақын етсе арадағы қашықтан,
Толайым журт усы жерге асыққан,
Аман болсын дейип дослық көпири.
Ел қәлбинде ырғатылған жағыстан,
Жағыс бойлап тасқан йошлы ағыстан,
Той, лазымға ат шаптырған алыстан,
Аман болсын мәңги дослық көпири.
Пәрўазларда зер қанаты күшлидур,
Әл аспанда ушқан дослық қусыдур,
Имәраттың ең уллысы усыдур -
Жүреклерде турған дослық көпири.
Автор : Азат Даўышбаев
Әйне ақ көкиректиң аты озбаған
Сумлыққа сыр берип сырныққан соңы,
Ўаҳ - әй! ақ көкиректиң қаршадай кеўли,
Базда ағытылып, тобарсып соры,
Маңлайы ашылмай қалар бир елли.
Өйткени, ол көпти көрип өзиндей,
Исеним шуўағын төгип саларда,
Көзи ойнақшымас жөги көзиндей,
Аты да бир озбас бәйги шабарда.
Ол бир саўдыраған жанның көксинде,
Нийетлери пәкдур, санасы сада,
Оның садалығын шорта түсине,
Жуўҳыл пайдаланар ҳийлесин сала.
Ҳәрне аңқылдаған, аңгөдек адам,
Кисиге зыянсыз, бирақ пәнт жегиш.
Кимниңдур пайында ол қорек адам,
Анда болмағаннан зор билим, негиз.
Мысал, мәстан мама қырқ қызын көре,
Алпамыс не болды зинданға түсип?
Еки бирдей қос айбатын өлтире,
Айдос не арттырды өкпеси исип?
Бәлки, бул қайсарлық - көзсиз өжетлик.
"Батыр - аңқаў, ерлер - гөдек" дегендей.
Тайғақ ақ көкиреклик ол - қуў гөжеклик,
Уўлы геширлерди ғайзап жегендей.
Аса ақтарылған саўдыр сийнелер,
Бири еки болмай күйдирер өзин.
Солпы, селдир және әззи бийнелер,
Жаўға ийинағаштай ийдирер өзин.
Мейли, базда сабыр қабы толса да,
Елди сыйлағанның тоны тозбаған,
Бирақ, қанша бәйги шабыс болса да,
Әйне ақ көкиректиң аты озбаған.
Автор : Азат Даўышбаев
Atlıq sóz shaqabında bar '-lik,-lıq, sóz qosımtası kóp mısallar menen berilgen , qosımta bir emes eki betti quraydı sabaqlıqta,atlıqtan atawısh sóz jasaydı ,
Читать полностью…Lik Liq ko'plik ha'm bir so'zdin tolıq ma'nisinde de keledi,yamasa izi sıpatında, tilshi bolmag'animson qa'te tu'sindirip turg'anim bolıwım mu'mkin (qa'te bolsa keshirmli bolsın) Mısalı ko'plik ma'niste, Paxta-shı-lıq lıq ko'plik ma'niste,Paxta birlik, Shı jeke yag'nıy bir adam ,buyım.
2 Ha'reketsizlik Ha'reket qozg'alistag'i yag'nıy is ju'rip atirg'an proces, siz- bir obektiv jeke bir zat Lik- ko'plik ma'niste yag'nıy bir birneshe ha'reketsiz turg'an zat
Ассалаума әлейкум закритний базарда банкоматтан пластик тауып алдым. Танығанлар болса личкаға или 97 261 00 28 ге хабарласың
Читать полностью…Әҳмийетли қатарлар
Кеўилди кир шалса, қыялдың иси,
Қыялын жөнлемей, дүзелмес киси.
Ағарған мейилсиз, иштейсиз шықса,
Себеп оған, бәлким, қатық уйытқысы.
💥💥💥
Ҳәр қандай ҳәрекет мақсетке қарай...
Мақсетсиз ҳәрекет мәзи аўандай.
Қақ сүйек қаңбақтың ҳалына қара,
Жел турса, қаңғалап зытқыр ҳәр қалай.
💥💥💥
Жәбир шеккен деди : Шаян адамның,
Шағыўының шеги бар ма, қудайым?
Бул бендени көрип деди, сур шаян :
Мен дәртимди өзим кимге айтайын?
💥💥💥
Жоқ жуқа ашлықтың зардабы дүркин,
Әрманлатар, ағыл - дегил тоқлықты.
"Қой үстинде торғай жумалаған" күн,
Умыттырар, кешеги бир жоқлықты.
💥💥💥
Атылған бомбалар, әлбетте, жаман,
Жарылмай гизнелген оннан да жаман.
Сол тақылет кеўлиңде қалса сум ойың,
Сафёршылық ет те, бол оннан аман.
💥💥💥
Бир түскен шуқырға қайта оралыў -
Көзсиз соқыр наданлықтың белгиси.
Сол шуқырды ойлап, домбықлап барыў -
Бул дағы бир даналықтың белгиси.
💥💥💥
Саҳаўатлы ана меҳринен бөлек,
Дым татлырақ ҳеш зат болмаса керек.
Көрип, билип шынды айта алмаўдан,
Азаплырақ ҳеш зат болмаса керек.
💥💥💥
Даналық ой көпке татырлы,
Даналық бул - жердей сабырлы,
Даналық ол - тынып аққан суў,
Сол ушын да бул ис қәдирли.
💥💥💥
Шылт ақмақлық - терис путақ жик,
Гүрмек шалып болмас келте жип.
Оның теңи ҳәжетке қонған,
Көк шыбын ғой, турмас жеткенсип.
💥💥💥
Адамлар - мийирман, адамлар - жаўыз,
Адамлар - жер, көкти титиреткен даўыс.
Не ушын бейиштен қуўылған олар?
Себеби, қумар көз, нәпси - жалмаўыз.
💥💥💥
Қуяш әтирапында зымырар баса - бас,
Планеталар жолы шеңберли түсли.
Ай Жерсиз ылағып неге кеталмас?
Буның бәри - мәңги муҳаббат иси.
💥💥💥
Ўа, ышқы муҳаббат, тилсимли дүнья!
Руўҳымды тартасаң, жипсиз тусаўлап,
Өзиңсиз қәлбимнен таралмас зия,
Сен мениң қуяшым, сен бир мәргия.
Автор : Азат Даўышбаев
Ага Иймам Ийман адамнын жаксылык пакленыу касиети туура жолды тауып гунадан алыслап тазарыуы, Иймам Сол жолга шакырыушы адам
Читать полностью…Баршеге салем.
Ага .... (иймам.ийман) байы болгайсыз.Точка орнына кайсы соз койылады
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым
Нәўпир суўдай ҳағлап ақпақшы болсаң,
Үмит жулдызларын жақпақшы болсаң,
Қайғы, ҳәсирет таўын жықпақшы болсаң,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.
Асаў толқынлардай йошайын десең,
Жедел қанат қомлап ушайын десең,
Әрман шыңларына қонайын десең,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.
Сыпсың сөз, гәплерге шалғыма зинҳар,
Бәрҳә ҳүким сүргей кеўлиңде бәҳәр,
Күншиллер өсеги - жайылма зәҳәр,
Зәҳәр - заққымлардан аман бол, достым.
Дизбегин жаздырмай түйелер көштен,
Талай ийтлер үрип кәрўанлар көшкен.
Бир ушқын елп еткен самалдан өшкен,
Ғыйбат самалына ерк берме, достым.
Ким сени күнлесе, ақылдан саспа,
Мәгар олар сендей болалмас, ҳасла,
Сениң болғаныңды көралмас, ҳасла,
Иш етин ийт тырнап турған соң, достым.
Майда, ғәрем мақсетине жетпекти,
Түймедей нәрсеңди түйе етпекти,
Тырнақтың астынан кир излемекти,
Күншиллер тап соны қәлейди, достым.
Бир аўыл - аймақты қыйратқан селдей,
Жаныңа жағымсыз, ызғырық желдей,
Кеўлиңди суўытар дым пайда бермей,
Күншиллер ғыйбатын тыңласаң, достым.
Уясы бузылған ҳәрредей ғаўлап,
Қызғаныш отлары ишинде лаўлап,
Күншиллер кемирер өзин тусаўлап,
Уллы мақсетиңниң алдында, достым.
Пейли кең адамнан кеўилиң толар,
Иши тар кимселер тарлығын қылар,
Ҳеш қашан сескенбе, ғам шекпе, олар,
Өз майына өзи қуўырылар, достым.
Ҳаслы булақ, таўдан жорғалап түскен,
Бир уллы дәрьядай ағысы үстем,
Бурқып ағып өтсең ийгилик истен,
Күншиллер бөгетин жығып кет, достым.
Мәгар сүрниккенде сол осамаслар,
Қай жерде қулар деп, аңылар олар,
Әжеп өмириңде ҳеш қашан зинҳар,
Сондай наданларды тыңлама, достым.
Мысал сәдеп жарып ашылғандай дүр,
Сени әрманлардың таңы күтип тур,
Артқа алаңламай тек те алға жүр,
Шөпшек ғыйбатларды тыңламай, достым.
Сени түсингендей шын достың болса,
Өзиңдей ҳақ болып, жолдасың болса,
Аўыр жүгиңди ҳәм қолласып турса,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.
Мәртлик бәйгисине атларың шапсын,
Нәкаслар атыңның шаңында қалсын,
Несийбесин тап сол, шаңлардан алсын,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.
Автор : Азат Даўышбаев
Assalawma aleykum U.Pirjanov «Apreldiń sońǵı aqshamı usi shig'arma qaharmanlari haqqinda mag'luwmat kerek edi
Читать полностью…Ha'r bir so'zdin ma'nisine qaray, mısalı bul so'zler bir adamnın batırlıqları,Erlikleri haqqında ketip atır,yag'nıy ol adam bir emes bir neshe pidayiliq islegen qaharman adam. Mısalınız durıs onı tu'sindim biraq sen qayerliksen degen ko'p adamnan sorag'anday bolıp qaladı dep oylap turman negizi. Negizi sırttan so'z tasiy bermey, Ensiklopediyani oqıg'anımız durısraq
Читать полностью…Менде тилши емеспен. Бирак "лик" бул харекетке келген коринисти билдиреди: Ер-ерлик, бир- бирлик (биригиу) сыяклы деп тусинейик.
Читать полностью…Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Ол ҳалықлаңқырап турып сорады:
- Орысларға қарсы урысқа барасаң ба?
- Яқ.
Жәллад екинши жолдасына ым қағып, Ерназардың екинши шекесине екеўи теңнен урды. Ерназар түби геўленген ағаштай шайқатылып барып және тикленди.
- Енди ше?
- Яқ.
Жәлладлардың бесеўи де мушларын Ерназардың көз алдына тутты:
- Сөйле!
Ерназар басын шайқады.
- Ҳәссений! - деп гижинди бас жәллад. - Сендей қарыўлы адамнан айырылыў Хорезм ушын уят, болмаса. - Ол мушын Ерназардың еки қасының арасына тақап турды да, жолдасларына ҳәмир етти.
- Қолтығынан көтериңлер!
Төрт жәллад төрт тәрепине шығып, биреўи қолындағы кисеннен услап тартты, екеўи еки қапталынан сүйеп, төртиншиси арқасынан ийтерип, бастырмалы қараңғы көше менен бир жайға киргизип әйнегинен сыртқа қараўды буйырды.
Ерназардың көз алды булдырап, әйнектиң аржағында дар ағашында сәллеңлеп турған еки өлини көрди, екеўин де танысларына мегзетти, бирақ айыра алмады.
- Дар енди сени күтип турыпты, - деди бас жәллад дарды нусқап. - Олар зиндандағы бир жансыз орысты қутқарыў мақсетинде еки қараўылды өлтиргени ушын асылды.
Ерназар дардағы екеўдиң Қаратаўда Грушин менен болған жигитлер екенин енди билип, жәлладларға "наданлар-әй" деди. Бас жәллад Ерназардың ийегинен көтерип, ала көзлерине үңилди:
- Мынаў жаўдыр көзлериң өшпестен бурын айт, яқшы ма, яқ па?
Ол Ерназарды жиберип қасындағыларға көз аларта бир қарады, олар жабылып Ерназарды жән-жақлап тебиўге өтти. Өзи тек төбесине ура берди.
Ерназардың мийи аўылжып, ес-түссиз қулады. Оннан соңғы жағында не қылғанын, қайда жатып, қайда турғанын, арадан неше күн өткенин билмеди. Сәл есин жыйнап жән-жағына қолын сермеп, пүткиллей басқа орында жатқанын сезди. Әлле қандай биреўге қолы тийди де, жәлладлар еле аңлып отыр, деген пәм менен оны қос пәнжесине бүрип дийўалға тығып, үстине өңменин атты.
- Ерназар, абайла!
Даўыс бираз таныс түйилип ҳәлсиз бармақлары менен ириңли көзлерин уўқалап ашса да, ҳештеңени көрмеди.
- Кимсең?
- Мен Грушинмен.
- Грушин! - Ерназар әри таңланып, әри қуўанып, қәддин тиклеңкиреп қармаланды да Грушинниң қолларын услап қысты. - Ассалаўма әлейкум! Сен қашан түстиң?
Жалғызлықтан иши түтин толы дүткеш болып жатырған Грушин ҳә дегеннен-ақ ашылысып, бул ҳалға қалайынша гирипдар болғанын баян қылды: Ол Қаратаўдан ҳасыл тас мәрмәр, әжже таўып, соларын ханға айтып, имканияты болса қалаңызды Қаратаўға көшириңиз, я сол тас пенен әжжени әкелдириўдиң жолын таўып, қалаңызды қайта қурыўға талапланыңыз деп мәсләҳәт етиў мақсетинде киятырғанында, Хийўаға кире бергенде, бес-алты атлы қамалып услапты да, урып-урып есинен тандырып, усы зинданға әкелип таслапты. Қасындағы жолдасларына не қылғанын билмейди.
- Бир жаман жери, барлық жазыў-сызыўларымды алыпты! - деди Грушин өкинишли. - Хорезм еллери, жер-суў байлығы жөнинде, китап жазыў ушын топлап жүрген ойларым бар еди.
- Саған ханның өзи руқсат етпегенбеди?
- Бир түркий ахунды көрип едим, соннан келген бәле.
- Мүмкин.
Төбеден аўқат түсирилди. Ерназар ҳайран қалып гүбирленди:
- Бурынғы зинданда көбинесе аш қоятуғын еди, бунда...
- Бул өлимге буйырылғанлар ушын арнаўлы зиндан.
- Сонда?
- Тамағы тоқ қамсемизлер өлимнен қорқақ келеди. Сол ушын бизлерди да семирсин, соң не буйырсақ та ләббай дейтуғын болсын, деген үмит пенен тамақты мол береди.
Ерназар денесиниң сырқырап аўырғанына қарамай, мырс-мырс күлди.
- Ырастан да, оларға сениң илимиң, мениң қара күшим керек.
Екеўи де кеўилленип, иштей менен үнсиз аўқатланды.
Ыдысларды қайтарып, дем алып бираз жатқаннан кейин өз ара әңгимеге киристи.
Олар Қаратаўда биринши ушырасқанында бир-бириниң өмирбаяны менен танысып үлгермеген еди, енди барлығына имканият туўды.
Грушин Ерназарға ата-анасы барлығын, әкеси қуслар бойынша алым, яғный зоология магистри екенин түсиндирди.
- Тилекке қарсы, мен әкемниң жолынан жүрмедим, - деди әңгимесин үдетип. - Буған себеп, әкемниң дослары болды. Николай Карелин деген досты да әўели қуслардың өмирине қызығатуғын адам екен, соң басқа еллерге, олардың тарийхына қызығып Орта Азия еллеринде болған.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
09. 01