qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

752

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Әжинияз азмаз ойланып турды да екинши ғәззелди көзден кеширди. Бул ғәззелде:
Сырнайшы болсалар сарай хожасы,
Ойынға түседи бала-шағасы.
Ғәрежет жумсалып тек те сарайға,
Сен алмақшы болсаң жалғыз алманы,
Ислер айланбақта талапнайларға.
Жоқ етесең бағы-ҳәрем, бақшаны.
Бәлки бул да саған қалғандай жетпей,
Биримлеп санайсаң қанаат етпей,
Үйиңдеги мийўе, таўықтың гөши,
Бийшара жетимниң зор несийбеси.
Қысым етип отыншының биразын,
Шөпшеклерин тартып алар аспасың.
Мергенлериң аңлып жатып гезесин,
Атып жейди кемпирлердиң шөжесин.
Алтын билезиги канизегиңниң,
Ақшасынан халықтың маңлай териниң.
"Патша, хан деген инсапсызлардың ҳәммеси сүтқор болған екен-дә" деп ойлады ишинен.
Әжинияз дәрья жағалап қатты шаршады. Сондай болса да устазлар сөзи оған әдеўир тәселле бергендей, қалың өскен көк шөплер үстинде отырып, устазы Мақтумқулының:
Орақшы бег болар беглер орақшы,
Елге ҳәким болар қойшы, дузақшы, -
деген сөзлерин қайта-қайта тәкирарлай берди.
Шайыр дүньяның көрки адам екенин жақсы түсинер, бирақ адамзатты ардақлаўшы әжайып Ўатан, гөззал тәбият басқыншылар атларының туяғы астында езилип атырғанын көрип, қорлығы келер еди. Шынында да, биреў дүньяны дүзеў ушын келсе, биреў бузыў ушын келеди. Анығынан келгенде елдиң дүзелгенинен көре, бузылыўы көбирек. Дүньяда бул ҳақыйқатты ойлаўшы қандай да бир адам бармекен?
Дүньяда әдалат қәне? Не ушын гөззал Бийбижамалдың жүреги қарақан болды? Ол ҳәзир қаяқта? Қудайберген-ше? Олардың жалғыз анасы-ше? Олардың тәғдирине ким жуўап береди? Неге олар ҳақыйқатты сүйгени ушын буншама азап шегеди? Бизде адамзатты қорлаўдың шеги бармекен өзи?
Өмир теңсизлигинен жүреги ҳәсиретке толған шайыр дәрьяға қарап турып:
Бул дүньяның көрки адам баласы,
Сол адамның көкке жетер наласы, -
деп ишки дебдиўин шығарар еди.
Әжинияз Хийўадағы Қутлымурат инақ медресесин тамамлап келгеннен кейин, енди балаларымыз саўатлы болсын, деп аўылдан бир мектеп ашқан еди. Былтырдан бери балалар усы мектепте Әжинияздан тәлим алып атыр.
Бирақ та Әжинияз шайыр елде бурыннан дәстүр болып қалған, түсинсе де, түсинбесе де балалардың мийин ашытып, араб тилиндеги сөзлерди қуры ядлата беретуғын оқыў тәртибин жининен бетер жаман көретуғын еди. Соның ушын да ол балаларға дәслеп ҳәрип тәртибин түсиндирип алып, соңынан хат оқып, хат жазыў өнери менен бирге Наўайы, Физулий, Саадий, Ҳафыз ҳәм Бедил ғәззеллерин оқыта баслады. Буннан хабары болған Лутфулла молла: "Әжинияз балаларға ислам шариятына туўры келмейтуғын Наўайы менен Ҳафызды оқытып атыр. Наўайыны оқыған балалар ҳаўайы болады" деп сөз тарқатып жиберди. Буны еситкен байлар ертеңине-ақ балаларын Лутфулла молланың мешитине апарып берген еди.
Усындай күнлердиң биринде Әжинияздың үйине достысы Сейтжан кирип келди. Сейтжан жаслығынан баслап-ақ Әжинияз бенен бирге ойнап өскен, өзи жүдә жарлы болса да ел арасында палўанлық пенен атағы шыққан омыраўы бесиктей дуғыжым жигит. Ол Серманбайдың жылқыманы еди. Жасы тәўираққа барса да жарлылығының себебинен еле үйлене алмай жүр. Быйыл Үстиртке жылқы айдап барғаннан баслап иси оңынан келди. Сол жақта Жумабай деген бойрашының қызы Гүлбийкени жақсы көрип қалыпты. Сейтжанның айтыўына қарағанда жүдә сулыў қыз усайды.
- Өзи билмейди екенбиз, ашық болған жигит Үстиртке барыўы керек екен. Тап шөп бастырып қойған жамбылшадай-ақ мусылманның баласы. Бул жақта қызлар бар ма? Бәрин тәрнектей етип байдың балалары үзип кетеди. Қызлардың ең зоры Үстиртте, достым, - деп аўзының суўы қурып отыр.
Шарлаўықтың оң жағында "Жолбарыс түнеген" деген бир тоғай бар. Ҳәзир ол жерде жолбарыс болмаса да, адамлар оның атынан-ақ қорқып ҳеш ким ол жаққа бармайды. Соның қыр әтирапы "Шортанлы" деген көл. Баяғы қыткершиликте аўып талып барып онлаған хожалық сол жерге мәканлаған екен. Ҳәзир әдеўир аўыл болыпты. Сейтжанның ат жойтып, бул жерге келип қалғаны өзине үлкен бахыт болды. Бир тойда сол жердиң атақлы палўаны Гүлимбетти жыққаннан кейин-ақ, аўыл болып бул палўан жигитке Гүлбийкени бериўге келискен еди. Қыз да жеңгеси арқалы Сейтжанды жақсы көрип қалғанын билдирген екен.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 08

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассаламу алейкум.П.Дарибевтиң "Журектеги жаңғирик" атли китабиниң електроныйы барма?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Түске жақын Атамурат хан келди де: "Жигитлер арасында жәнжел шығаратуғын олжа ҳәмме ўақыт хандики болыўға тийис", - деди.
Соннан кейин екинши арба да хан сарайына апарылып, еки жүз басы да арада ҳеш нәрсе болмағандай бир-бири менен жарасып кеткен еди. Оннан бери де әдеўир ўақыт өтип, Атамурат хан қызларды Иранға айдатып жибериў ушын таярлық көре баслады. Бирақ Қоңыраттан арнаўлы хат алғаннан кейин ғана ол өз пикиринен қайтты. Алты қыз себепли Қоңырат пенен байланысты үзил-кесил бузып алыўды қәлемеди.
Пана ханнан қызларды Қоңыратқа қайтарып бериў ҳаққындағы өтиниш хат келгенде Атамурат хан бирден разылық билдирип, оларды өз нөкерлери менен бирликте Қоңыратқа алып келген еди.
Қулман қызлардың көпшилигин тарқатқан болса да, Бийбижамалға келгенде асықпады. Ол негизинде Бийбижамалды усындай дәрежедеги сулыў қыз деп ҳасла ойламаған еди. Енди Қоңырат ханлығының бас ўәзири болып алған бий: "Усы дилбар қызға үйленип алып, өмирдиң ләззетин татсам ба екен" деген ойға ылықты. Бий ҳәзир алпысқа жақынлап қалған. Төрт ҳаял алып, олардан он алты қызлы болды. Дәслепки еки улы өлген. Кишкене ҳаялы Жәмийладан туўылған бир ер бала пүткиллей жарымес еди. Соның ушын да ол: "Жас ҳаял алып орныма ўәзир боларлықтай зүряд қалдырсам болар еди", - деп ойлаған. Ағайинлери де Қулманның бул пикирин қуўатлайды. Бирақ ўәзирдиң гедей қызын қызына үйлениўине мүмкиншилиги жоқлығын олар да биледи. Солай болса да, пүткил Қоңыратта Қулманның ғарры жүрегин қыздырып турған тек жалғыз қыз Бийбижамал еди.
Қулман қыздың сарай әмелдарларының көзинен таса болыўы ушын қала шетиндеги кирейге алынған бир үйге алып барып қойды. Ол жерде Қулманның жасырын жумысларын алып баратуғын бир суўпы және көринисинен тап мәстан кемпирлерден аўмайтуғын, көзи мәштей, асарын асаған, жасарын жасаған еки кемпир бар еди. Бийбижамал азаннан кешке шекем терезеси бағқа қараған бөлмеде отырады. Не кереги болса әкелип береди де, бирақ оның менен ҳеш ким сөйлеспейди. Ол анасы менен әжағасын ойлай-ойлай әдеўир азып кетти. Сыртқа шығармайды, анасы ҳаққында сораса ҳеш ким жуўап бермейди. Қыз ушын бул да қамаққа түскенниң бир түри.
Бийбижамал бул сырлы ўақыялардың басында Қулман турғанлығын соңында барып сезди. Ол бир күни кеште басын ақ сәлле менен орап, зерли жағалы шапан кийип, бул жерге келген еди.
- Мен сизден өтинип сорайман ата, мениң анамның ҳәм әжағамның аўҳалынан хабар берсеңиз.
Қыздың Қулманды "ата" дегени жақпай қалды ҳәм ол бетин тыржыйтып, өтирик күле баслады.
- Соны билип қойың гөззал, ўәзирде отыз жигиттиң күши болады.
- Қарық болыпты. Қудайтала адамларға инсап бөлистиргенде сизлерге ҳәмелпаразлық пенен қатынпазлықтан басқа ҳеш нәрсе бермепти-дә. Кәмбағаллар сизлерге адам емес. Қойдай сойып жеп, ат қылып минип жүргиңиз келеди.
- Әй, бийҳая! Хан ўәзирине бундай сөзди айтыўға қалай тилиң барды? Тилиңди тый, болмаса ҳәзир-ақ басыңды кесип таслайман.
- Мен бул дүньядан қорқып болған адамман. Мейли ат, шаўып тасла, өз еркиңде. Мен адам болып туўылған екенмен, адам болып өлгим келеди! Бирақ дузағыма түсиремен, деп ойламай-ақ қойыңыз!
Қулман ойланып қалды. Бул шаппаттай қыз буншама батырлықты қаяқтан алды екен? Бундайлар шынында өлимнен де қорқпайды.
- Бундай қайсарлықты қой. Бийкарға өлип кеткеннен не пайда? Кимсең Қулман ўәзирдиң ҳаял боласаң. Жегениң алдыңда, жемегениң соңында... Ҳәмме айтқаныңды ислейди.
- Өйтип алжымаң, бий. Қәпесте торға салынған бүлбил жанына қанатына ләли-маржанлар өткерилген ғарғаны бир қамап көриң. Бүлбилди сайрата алар ма екен, жоқ. Ғарғаны қаншама алтын гүмиске орасаң да ғарға болып қала береди.
- Эй, бәдбақ! Бундай сөзди айтыўға қандай тилиң барды? Мен қаншама жәрдем етким келгени менен сен теги пәслигиңе бардың. Инақ ҳәзиретлерине қарсы қол көтерген ағаң Қудайберген қара жердиң астында жатыр. Бул күйикке шыдай алмаған анаң ақырында жилли болып өлди. Қәне, айт! Бул дүньяда сени жарылқайтуғын ким бар екен? Сен де бир күниң питип турған қатын. Басқа ҳеш нәрсе емессең. Билип қой! Мен сени бир шылбырдың үстинде ойнатаман. Мына қамшылар еле сени ақылыңа ендирип қояды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
30. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шыңғыс Айтматов
Жәмийла
Бир жағы жеңгем болса, екинши жағынан қарағанда ол меннен азырақ үлкенлиги болмаса қурдасым сыяқлы еди. Ол да мени кишкене бала деп инисиндей еркелетеди.
Сөйтип еки үйдиң барлық машқаласы апам менен қарындасымның мойнында. Қарындасым ол ўақлары тулымшағы салбырап ойнап жүрген кишкене қыз еди. Сол ўақлары, садағасы кетейинниң апама жәрдемлескенин, минезиниң жатықлығын мен өмир бойы умытпаспан. Еки үйдиң қозы-ылағын баққан да, тезек терип отын әкелетуғын да, балаларынан хабар-атар жоқ, апамның қайғы-муңын жеңиллететуғын да сол еди. Еки үйимиздиң аўызбиршилигин де, берекетин де сақлап, кәтқудасы болып атанып кеткен, жасында үлкен аталарымыздың тәрбиясының шет-шебирин көрип қалған апам олардың әрўағын сыйлап, сеники-меники деместен еки үйге әдил басшылық еткенликтен, аўылдағы бурынғы қанлыкөйлек болып өскен бәйбишелердиң бири болып аталатуғын еди.
Дурысын айтқанда мен де жаслығыма қарамастан анаў-мынаў жумысларға кирисип кететуғын едим. Өйткени, үлкен әжағаларым әскерге кетип, еки үйдиң бел байлар жигити деп еркелеткенине мен әлле қандай болып өзимди ересек сезетуғын едим. Бул апама унайтуғын еди.
Мен арбаны шарбақтың көлеңкесине туўарғанымда қораның ишинде бизиң бригадир Оразмет, балдағын қанжығасына байлап алып, апам менен қандайда бир нәрсеге кегирдеклесип айтысып атыр екен. Жақынлап келгенимде апамның даўысы анық еситилди:
- Сизлердиң ондайларыңа бармайды, ол! Қудайдан қорқсаңызлар ғой! Нашар адам қашан арба айдап еди. Қой, айнанайын, келинимди арбаңа жолата гөрме. Онысыз да жалғызлықтың азабын шегип, еки үйдиң шарўасынан басымды көтерип ала алмай жүрмен.
(Даўамы бар)
Канал @BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
"Ханда қырқ кисиниң ақылы болады" дейтуғын еди. Бул жағы қалай болды? - деп ойланар еди. "Ҳәрекети қолайсыз болғаны менен, мүмкин ақыллы шығар, сөйлетип көрсем бе екен?"
- Сөйтип, қандай режелериңиз бар, хан? - деп сорады Атамурат.
- Ханжаптың бойына ийт қора салдырмақшыман.
- Неге?
- Дүньяда ең мазалы гөш қырғаўылдың гөши. Ал қырғаўылды ийтсиз аўлап болмайды.
Атамурат бир нәрсе айтпақшы еди. Және үндемеди. "Өзиниң аўҳалы қудай менен болып отырып, ийт қорасы не?"
Атамураттың ядына халықтың бир ҳикметли сөзи түсип кетти.
"Бир елдиң патшасы пәмсиз ҳәм ладан екен. Бир күнлери басқа журттан елшилер келип, патша менен сөйлеспекши болыпты. Сонда патша биринши сөзин:
- Елиңиздиң ийт, пышықлары семиз бе? - деп баслаған екен.
Бундай сөзди патшадан күтпеген елшилери ҳаўлығысып қалған. Буны сезип қалған данышпан ўәзир:
- Патшамыз жүдә дурыс сораў берди. "Елиңиздиң ийт-пышықлары семиз бе?" дегени "Ел-халқың тоқшылық па?" деп сорағаны, - деп айтқан екен". Муҳаммед Пананың сөзи де тап сондай болып кетти-аў. Мүмкин буның да ақыллы ўәзирлери бар шығар. Болмаса мына турысында ел басқарыўы қыйын ғой. Бирақ бул мениң ушын жақсы. Бундай ханды қуўыршақ етип ойнаўға болады", - деди өзинше.
14
Атамурат хан ертеңине де Муҳаммед Пана менен сөйлесе алмады. Бир неше нөкери менен Үстиртке шығып кетти. Ол буннан бир ҳәпте бурын болып өткен ўақыяны ядына алмақта еди.
Гөне Үргеништен онша узақ болмаған далаңлыққа бир аэроплан келип түскен еди. Бул улыўма түркмен топырағында пайда болған биринши аэроплан болғаны ушын ҳеш ким оның алдына жүрек етип бара алмады. Барған адамлар да "бул жин-шайтанның иси" деп есаплап, "Гөне Үргенишке тәжжал келди" деп даўрық сала баслады. Негизинде бул жин де, шайтан да емес, тосаттан пайда болған полковник Джеймс екенлигин Атамурат соңынан билди.
Атамураттың полковник Джеймс пенен қатнасы әдеўир ертеден басланған болып, ол дәслеп баспашылық исин қолға алғанда отыз-қырқ адамлық ғана отряды бар еди.
Қарақалпақлар Атамурат ушын шексиз олжа болды. Ол дәслеп елдиң малларын тартып алып тойынып, сулыў қызларын тартып алып маўқын басқаннан кейин, басқаша пикирлерге барып қалған еди. Енди ол нөкерлерди әбден көбейтип, үйир-үйир мал, дүркин-дүркин қыз-келиншек ҳәм жас жигитлерди айдап, Қарақум арқалы Гүрген, Әтирек, Машхед ҳәм Шираз қалаларына барып саўда қыла баслады. Машхедтиң қул базары тәғдирдиң қырсығына бойсынып, жүреги пара-пара болған қарақалпақ қызлары менен толып кеткен еди.
Усындай күнлердиң биринде Машхедте ол жүзи бөздей оңып кеткен, шийкил сары кисини ушыратып қалды.
- Полковник Джемс, - деди ол трубка тарта берип, қараўытқан тислери арасынан билинер-билинбес күлимсиреп.
- Сизиң менен ушырасқаныма қуўанышлыман, жанаб Атамурат. Бизде англичан мылтықлары бар. Қәлегениңизше сатып алыўыңыз мүмкин.
Пана ханның жәрдем сорап Оренбург губернаторына жазған хаты Петербургтағы англичан елшиханасына белгили болып, соңынан бул хаттың мазмуны Лондонға, оннан кейин барып Орта Азия мәселелери менен шуғылланыўшы полковник Джеймске мәлим болған. Джеймс Пана ханның Атамуратқа таянып ис көретуғынын жақсы биледи. Соның ушын да Қоңырат ханлығының орыслар тәрепине өтип кетиўинен қәўипсинген Джеймс тезден Гөне Үргенишке ушыўға мәжбүр болған.
- Хош келипсиз, жанаб Джеймс! Бул жақларға сизди қандай самал ушырды? - деди Атамурат хан ҳәзил-шыны аралас.
- Достымды сағынғаннан кейин бир мезгилде жетип келгим келди. Сиздей бир айлап жол азабын тартыўға үйренбегенмен.
- Қәдемиңизге гүл питсин, полковник!
- Достым, мениң бул жерде узақ тоқтап қалыўға ўақтым жоқ. Рәсмий сөйлесетуғын жумыс шығып қалды, - деди.
- Сиз руслар мәселесине қалай қарайсыз? - Бул полковник Джемстиң дәслепки сораўы еди.
- Қандай руслар? Мен ислам ләшкеримен. Соның ушын да ғайры дин русларды тән алмайман.
- Туўры ойлайсыз. Мен де сол пикирдемен. Бирақ, Қоңырат ханлығы русларға өтип кеткеннен кейинги Сизиң аўҳалыңыз қандай болады?
- Қоңырат ханлығы неге русларға өтип кетер екен?
- Муҳаммед Пана ханның рус императорынан жәрдем сорап, хат жазғанынан хабарыңыз жоқ па?
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
28. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шыңғыс Айтматов
Жәмийла
Буның өзи кешеги балалық ўақытларында болған ўақыя еди. Ўатандарлық урыстың үшинши жылға қарай аяқ басып, Курск, Орел қапталындағы үлкен урыстың жүрип атырған гези еди. Ол ўақытта биз жаңа жетилип киятырған жас балалар колхозда арба айдап, егин суўғарып, шөп шаўып, урыс майданында гүресип атырған әкелеримиз бенен ағаларымыздың аўыр жүги мойнымызға жүкленген еди.
Әсиресе, орақтың ўақты келгенде ҳәпте бойына үйди көрмей күни-түни қырманның басында, болмаса дән қабыллайтуғын станцияда ямаса жолда жүретуғын едик.
Мине, солай етип саратанның қақсаған ыссысында, даладағы бийдай орақтың қызғын күнлериниң биринде, станцияға қатнап жүрип, көптен берли үйди көрмей, барып кетейин деп салт арбамды жолдан аўылға қарай бурдым.
Биз әўел бастан еки үй бирге турамыз. Бийиклиги үш гез, дийўалы мықлап салынған, өткел тәрептеги төбешикте турған баў бақшалы қоралары бар үй бизики. Мен үлкен үйдиң баласыман. Ағаларым урыста - көптен берли хабар жоқ, екеўи де үйленбеген. Қартайған әкем ағаш устасы. Колхоздың ҳәзирги жүрип турған арбаларының барлығы да сол кисиниң қолынан шыққан.
Үйде апам менен қарындасым ғана қалады. Кишкене үйде бизиң туўысқанларымыз турады. Жақын дегеним арамыз еки-үш ата болса да, олар менен әзел бастан малымыз да, жанымыз да бир. Келе-келе кишкене үйдиң ийеси көз жумып, артында ҳаялы менен еки жас баласы қалады. Ескиден қалған дәстүр бойынша ағайин-туўғанлары жесирдиң басын байлап қояйық деп, оны жақын туўысқан болып есапланған мениң әкеме некелестирген. Ол үйдиң де еки баласы әскерликке кетти. Үлкени - Садық үйлениўден-ақ кетти. Олардан "урыстамыз" деген хат анда-санда келип турады. Кишкене үйде кишкене апам менен оның келини ғана қалды. Ол екеўи де азаннан кешке дейин колхозда. Кишкене апамды аўылдағылар талапкер, бир тынбайды деп атайтуғын еди. Ол дүньяда теңлеси жоқ - қарапайым, қызық адам. Бригадир менен ҳешбир жақ жарыстырып, қарсыласпай жумсаған жағына барып, жас ҳаяллар менен бирге жап-салма да қазады, егин де суўғарады, әйтеўир қолынан кетпени түспейди. Келини Жәмийланы да қудай өзине минәсип етип билип бергендей, ол да жумысқа ғайратлы, мықлы келиншек. Бирақ, минези енесинен сәл басқашарақ.
Жәмийла жеңгемди мен ықласым менен жақсы көретуғын едим.
(Даўамы бар)
Канал t.me/BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Быйыл оның жылымы әбден майланды. Дүлдүл атлаған деген жерде шолпы салып, әдеўир муғдарда бекире услады. Оны оралскилерге сатып бир мылтықлы да болып қалған еди. Енди ол өз бахтын аң аўлаўдан сынап көрмекши болды. Қудайбергенниң бул сапары да жолы болды. Ол биринши күни ҳеш нәрсе аталмағаны менен екинши күни бир қырғаўыл, еки қоян атып алды. Аңның гөши дәртке даўа болғаны ушын жас жигитке күннен күнге шырай ене баслаған.
Ол өзиниң қәдирдан атасындай болып қалған Айтмурат дарғаны да ядынан шығарған жоқ. Арадан еки-үш күнди өткизбей бес-алты қоян-қырғаўыл саўғасы менен келип, сәлем берип турады. Қудайберген жақын көллерден үйрек-ғаз атып келип, олардың бир-екеўин ғана өзине алып, қалғанларын үйлерге тарқатып беретуғын болды. Соның ушын да елдеги панасыз болып аш қалған адамлар бул хабарды еситип Шарлаўыққа, Қудайбергенниң әтирапына жыйнала баслады.
Қоңыратта Қудайберген уста деген адам бир түнде жоқ болып кеткен болса, енди Шарлаўықта Қудайберген мерген, Қудайберген батыр деген екинши бир халыққа белгили болған атақлы адам өсип шықты. Аўылдың аты да өзгерип, кимсең "Қудайберген аўыл" болып атала баслады.
Қудайберген жақында ғана усы аўылды паналап келген Жумамурат деген дийқанның Сәлийма деген қызына үйленгенде қырқ ғаздың гөши асылып, қазан да май, шөмиш те май болған еди-аў сол тойда. Өтебийке шешей де келин түсирип, басындағы қайғыларын умыта баслады.
Қудайбергенниң дослары көп. Бул жерде Айтмурат дарғаның балалары Алланазар менен Жуманазар болатуғын болса, Мойнақтан кеме менен Михайл менен Петр келетуғын еди. Олар аў-дузақ пенен оқ-дәри алып келип, қустың гөшин алып қайтады.
13
Жаңа пайда болған Қоңырат ханлығы сарайға адамларды билимине қарап емес, бәлки олардың ата-бабаларының атқарған хызмети, негизи ақ сүйеклигине қарап қабыл еткен еди. Усы себеплер менен сарайда тийкарында саўатсыз, парықсыз адамлар да көбирек. Олар негизинде де халықтың жағдайлары менен санаса алмас еди.
Оның үстине ханның күшиниң әззилиги Гөнеургениште өзин ўақытша хан деп есаплаған Атамурат ханнан жәрдем сораўға мәжбүр етти. Атамурат Хийўа ханлығына қарсы шыққаны менен халық басына қара күн туўғызған қарақшылардың бири болып қалды. Еки мың нөкерге халықтың малын талап, қызларын басқыншылық пенен тартып алып күн кешириўге руқсат берип жиберген еди. Соның ушын да бул халыққа Хийўа ханына қарағанда да әдеўир қорқынышлы адам болып қалды. Муҳаммед Пана болса усы рейимсиз бас кесерлердиң және еки мың нөкерин Қоңыратқа шақырып отыр. Қулман егер Атамурат хан келсе, Қоңырат халқы тоз-тоз болып кететуғынын биледи. Бирақ жаңадан болған хан менен ўәзирге буннан да қорқынышлырақ қәўип бар. Ол да болса Муҳаммед Әмин хан. Ҳәзир Мары түркменлери менен Хийўа ханлығы арасында урыс баратыр. Бул саўаш тамам болғаннан кейинги қырғын Қоңырат ханлығында болатуғынын екеўи де анық сезеди.
Қоңырат ханлығына Атамурат ханның келиўи үлкен байрамға айланған еди. Ол Пана ханның дәбдебели сөзлерине қулақ аспастан, сарайдың төрине қабатланып салынған Иран гилеминиң үстине төселген шайы көрпешеге барып отырды.
Ортаға жайылған кең дастурхан түрли жемислер менен кемиссиз етип безетилип, ортадағы гүмис табақта үлкен еки қошқардың басы қойылған.
Қоңыратта дәбдебеди ушырасқан бул еки хан ишки сезимлери түўе сыртқы көринислери де бир-бирине ҳасла усамайтуғын еди.
Атамурат өзин жыйнақлы ҳәм салдамлы тутып, ҳәр нәрсеге дыққат пенен қарайтуғын болса, Пана хан олпы-солпы, шыдамсыз ҳәм парықсыз еди.
Атамурат узақ жолдан шаршап ҳәм аш болып келиўине қарамастан сабырлылық етип, әллен ўақытқа шекем аўқатқа қол урмады. Ал, Пана хан болса өзиниң аўыр денесин бирден көпшикке таслап, асығыс табаққа қол урды. Ол Атамуратты узақ күтип, ўақтында аўқатлана алмай қалған болса керек, қасындағы жолдасына да онша итибар берместен, ентигип, пыснап қуўырылған ғаз аяқларын кемире баслады. Ол дәслеп кесени уқыпсызлық пенен услап шайын төгип алған болса, соңынан қаймақ жемекши болып өңирине тамызып жиберди.
Енди ханның ақыл-парасаты да Атамуратқа белгили болып қалған сыяқлы.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
27. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Iphoneģa qaraqalpaqsha klaviatura bar ma?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Нағмет, сый, сыйлық, инам

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Ол шамасы Әжинияз тап есиктиң кирер жеринде турады деп ойламаған. Соның ушын да ашылған есикти жабыўға қурбы жетпестен лал болып қалған еди. Соңынан бул есикти сырттан Гүлзийра жапты ма я Бийбижамалдың өзи жапты ма? Ол жағын Әжинияз аңламай қалды. Әйтеўир есик жабылды. Усы мәҳәлде ғана Әжинияз есин жыйнап, Бийбижамалды өз қушағына алды. Қыз тап жан ҳалатында қалған адамдай билеклери менен жигиттиң мойнын қатты орап алған еди. Денеси тап суўықта қалған тайыншақтай дир-дир етеди. Оның аўзынан шыққан жыллы леп жигитти пүткиллей бийҳуш қылып, қыздың көзи ме, қулағы ма, ҳәммесин биримлеп сүйип шықты. Жигиттиң көзи жумылған, бирақ солай болса да оның алдында бул дүньяда ҳәмме нәрседен қымбатлы Бийбижамалы турғанлығын сезеди.
Олар усы ҳалатта қанша турғанлығын аңлай алмады. Гүлзийра есиктен шай алып кирген ўақтында ғана қушақлар жаздырылды.
- Шай ишиң Ләйли-Мәжнүнлер! - деди Гүлзийра күлимсиреп.
Бирақ Бийбижамал шай ишпеди.
- Кешиксем апам урысады, - деди де дигирманханаға кирип кетти.
Әжинияздың сол күнги ҳалатын сөз бенен тәрийплеп бериў қыйын.
Мине, ярым айдан бери сол қыз Қоңыратта жоқ. Ол қай жерде? Қандай аўҳалда? Буған ҳеш ким жуўап бере алмайды.
Не азаплар менен таңды атырған Әжинияз бүгин де Қоңыратқа барып қайтты. Гүлзийраның айтыўына қарағанда, еле қыз ҳаққында хабар жоқ. Қудайберген менен оның анасы Пана ханның қуўдалаўына түскен. Буннан онлаған күн бурын Қоңыраттан шығып кетипти. Қаяққа кеткенин ҳеш ким билмейди.
11
Қудайберген анасы менен бирге табысып, Айтмурат дарғаның үйинен онша узақ болмаған Ҳәмийдулла бажбанның гөне қыслаўына келип қоныс басқан еди. Жигит ендиги жағына не ислеўин билместен ҳайран. Қылышын сүйреп қыс киятыр. Я бул үйде бир қосыўыс дән жоқ. Елден излеп кетиў мүмкин емес. Қалада жасаған адамға бир өзи тоғайда жасаў сүргинге түскеннен де бетер болып, жалғызлық жүрегин езип жиберди. Жападан жалғыз қайғы батпағына батқан ана пүткиллей төсек тартып жатып қалған еди. Бул жерлерде ҳәўли қурып атырған бай, қорған салып атырған бий болмағаны ушын Қудайбергенниң атақлы уста болғанынан немәп. Ол дәслеп Айтмурат дарғаның үйлерине барып жүрди. Өзи айландырған төрт үй болған соң жумыслары да ҳә демей-ақ питип қалды.
Бул жерлер дәрьяға қарағанда әдеўир бийик. Соның ушын да ҳеш ким дийқаншылық пенен шуғылланбайды. Айтмурат дарға ҳәм оның балалары тийкарынан балықшылық пенен күн көретуғын адамлар. Бир жақсы жери - тыныш. Мылтығын мойнына асқан миршаб, қылышын қолына алған нөкер жоқ. Бул төрт-бес хожалық бул дүньяның жаңалықларынан хабарсыз жасап атырған сыяқлы.
Айтмурат дарға Қудайбергенниң үйин бир айға шамалас балық пенен тәмийинлеп турды. Гейде балаларының аўы жүрискенде "Кемпирге апарарсаң" деп қырғаўыл да береди. Бул Қудайбергенге аңсатқа түскен жоқ. Ҳәр күни дарғаның алдына барғанда тап қайыр сораўға келген адамдай өзин дым қолайсыз сезеди. Айтмурат дарға буны сезсе де сыр билдирмейди. Ақыры бир күни айтты:
- Балам, бул аўҳалда саған қыйын болады. Кәсибиңди өзгертиўиң керек. Ҳәр жердиң шараятына қарап ис көрмесең болмайды. Бул жерде жасаўға үмит еткен екенсең, демек балықшы яки аўшы болыўың керек.
- Қалайынша?
- Адам анадан аўшы, балықшы болып туўылмайды, балам. Қайсы иске меҳир қойсаң, изи қайырлы бола береди.
- Меннен балықшы шығарма еди? Өмиримше бир тутып көрмеген адамман.
- Шығады екен, балам. Мен де елиў төрт жасыма шекем шабақ тутып көрмеген едим. Өмирим жер сүриў менен далада өтти. Ҳәзир бул жерде меннен тәжирийбели балықшы жоқ. Ал, сен болсаң өмирди жаңа баслаған жас жигитсең ғой, балам.
- Бул айтқаныңыз орынлы-дә, ата, бирақ басым әўере-сарсаңға түсип қалды. Ырасында да, бул жерде жасамақшы болған адам балықшы яки аўшы болмастан басқа илажы жоқ.
Бийбигүл шешей аў тоқыўдың шебери екен. Күн түс боламан дегенше бир шолпыны таярлап таслады.
Дәслеп үлкен бир ис үстинде турғандай Қудайбергенниң жүреги ҳалласлағаны менен соңынан пүткиллей басылып қалды. Арадан көп ўақыт өтсе де шолпыға еле ҳеш нәрсе илинбеди. "Сениң бул кәсиптен напақаң жоқ екен, Қудайберген!" - деди ол ақыры өз-өзине.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
25. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бир қанатлы жәниўар келип шыраға өзин урып, жана баслады.
- Бизлер де хан алдында усындай жәниўарлармыз, - деди ол. Хан - бул жанып турған от, бизди ҳәўири менен-ақ күйдирип таслайды... Сонда пүткил халықтың өмири отқа қуўырылыў менен өтер екен-дә! Егер усы шыраға мың жәнлик келип өзин таслағанда бар ма, шыра бирден өшеди қалады. Жалғыз жүрип ат шапқан болмайды. Биригиў керек. Ақыры, бабамыз Юсип Ҳас Ҳажиб айтқан ғой: "Қәўипли душпан менен гүрескенде бирикпесең бәрҳама жығыласаң. Тислер биригип барып тасты сындырған".
Илим-ҳикмет жоқ жерде ҳәмме ўақыт зулымлық күшли болады. Халқымның тәғдирине ашынаман. Саҳрада мал бағып жүрип, Наўайы менен Ҳафыздың бир бәйитин еситип көрмеген. Булар "алла-таала адамларды "бахытлы" ҳәм "бахытсыз" етип еки тайпада жаратқан. Бахытлысы - байлар, бахытсызы - кәмбағаллар, соның ушын да байлар кәмбағаллар үстинен қаншама зулымлық жүргизсе де шыдаўы тийис", дегенге исенеди. Оларға ҳақыйқатлық деген илимди үйретиў ушын еле көп жыллар барға уқсайды...
Әжинияз қағаздың екинши бетин ашып, оған төмендегише жазды:
Сәнемлер қолында тилла саз едим,
Ҳәўижге келтирер жанан болмады,
Туғрымда талпынған алғыр баз едим,
Қәлпе саятларым маман болмады.
Буннан кейин ол шыраны жеңиниң ушы менен желпип өширди де, төсегине жатты. Әллен ўақытларға шекем уйқысы келмей, жән-жағына аўнап барып көзи илинген еди...
Кешки мәҳәлде Әжинияз дәрьяға ат суўғарыўға келди. Елдиң ырысқысы болған асаў дәрья қайнаўытлап ағып атыр.
Аттың суўлығын алып, жайпаўытқа айдап жиберди де, Әжинияз арғы жағаға көз тикти. Ол жақта да үстине жаў-жарақ асынған шөгирмели бир киси аттан түсти. Қасында бир қыз бар ма?... Қыздың көриниси Бийбижамалға жүдә уқсайды екен. "Ҳаў, Бийбижамал ма?" - деди ол өз көзине исенбей. Талып кеткен көзлерин алақаны менен уўқалап-уўқалап және қарады: Бийбижамал!
- Ҳәй Бийбижамал! - деди ол енди даўысының барынша қатты бақырып.
Усы ўақытта қыз да қарады.
- Әжинияз!...
Қыз енди бақырыўы менен де турмастан тақатсызланып дәрьяға өзин таслады. Шөгирмели киси изинен қуўды. Суў енди ғана қыздың мойнына келгенде изинен жетип алды.
Усы ўақытта Әжинияз да атына секирип минип, толқынлы дәрьяға өзин урды.
- Ҳәзир Бийбижамал, қутқараман! - дер еди ол толқын арасында киятырып.
Долы дәрья атқа ырық бермей дийдиленген жерден шығаражақ емес, ыққа қарай ығызып баратыр. Ол:
- Бийбижамал! Бийбижамал! - деп қатты бақырыўы менен шоршып оянды.
- Түсим екен-дә, - деди ол өзинен-өзи бир түрли болып. Ол енди Бийбижамалдың дәртинде қыйналар еди.
Ақыры, Қоңыраттағы дайысы Қәдирберген устаның үйине қыдырып барғандағы ўақыя есине түсип кетти. Қәдирберген Қоңыраттың белгили темирши усталарының бири. Өзи Қудайбергенлер менен қоңсы, күн көриси басқаларға қарағанда бир нәўийе жақсы. Үй дәскесин ислеўге еринбейди. Ал, быйылдан баслап ол дуўтар соғатуғын өнер шығарды. Әсиресе, оның шеңгелден исленген қурама дуўтарына ҳеш дуўтар тең келмейди. Қулласы, устаның өнери жүдә көп. Уста ҳәзир қартайыңқырап өз өнерин үлкен баласы Қайпанға тапсырмақшы болып жүр. Баласының интасы жаман емес. Буннан он жыл бурын Атамурат бойрашы дегенниң қызын алып берген еди. Келини әдепли, интизамлы нашар болып шықты. Соның ушын да жигитлер менен қызлар арасында кимсең "Гүлзийра жеңгей" болып атаққа шыққан, өзи келискен сулыў, басын ҳайўанқашлап орайды, жолға шыққанда ҳәтте менмен деген жигитлер де албырап жол беретуғын еди.
Жалғыз ағасы Қудайберген еле үйлене алмай жүргени ушын Бийбижамалдың буннан жақын жеңгеси жоқ еди. Ол дән геўзеў, дигирман тартыў ушын ҳәр күни Қәдирберген устаның үйине барады. Бул үйде ҳеш ким оны жатырқамайды. Ҳәммеси өз қызындай көреди. Гүлзийра болса ғой, мудамы меҳрибанлық көрсетип жүргени.
Өтебийке кемпир бул аўҳалды сезип бир күни Гүлзийраны алдына шақырды.
- Дүньяның қыйыншылығын көп көрдим, балам. Қудайберген менен Бийбижамал тилимниң астына сақлап асыраған палапанларым еди. Ул бала өз жолына, қыздың жолы қысқа. Уядан басқаны көрмеген палапан, қәпелимде әллеқандай жезтырнаққа дус болып қалама, деп қәўетерленемен, балам.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
23. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бул адамның жансыз екенлигине көзи жеткен кемпир енди жолды да өзгертип, ҳәр аўылға бир иркилип, қайыр сорай баслады. Тосаттан пайда болған жолаўшы да еле кетпеди. Енди кемпир пүткиллей "жилли кемпир" кейпине кире баслады. "Мениң баламды өлтирди" деп егил-тегил жылап, шаңлақта маллар менен бирге қонып қалатуғын әдетти шығарды. Гейде жыласа, гейде шақалақлап күледи. Аўыл балалары "жилли кемпир киятыр" деп изинен қум шашады. Кемпирдиң жилли болғанына толық исенгеннен кейин, жансыз да илажсыз Қоңыратқа кетип қалды. Бирақ кемпир еле де Шарлаўыққа барыўға асыққан жоқ. Ол ойлағандай-ақ ертеңине аўылға жансыз еки адамды ертип алып келди. Олар аўылдың итибарлы адамлары менен сөйлести. Ҳәммеси: "кемпир жилли болған" деп айтқан болыўы керек, ғырра изинен қайтып кетти.
Усы ўақыттан баслап кемпир өзгерди. Елден узағырақ кетип, салмаға барып шомылды. Кийимлерин жуўып алып кептирди. Соннан кейин барып Шарлаўыққа баратуғын жолға келип түскен еди. Усындай себеплер менен ол арадан тоғыз күн өткеннен кейин барып, баласы менен ўәделескен жерге жетип келди. Буған шекем Айтмурат дарға Қоңыратқа еки мәртебе келип, Өтебийке кемпирди таба алмай кеткен. Соңғы барғанында Қудайбергенниң жоралары:
- Бул үйге жолама, ханның адамлары гүзетип жүрипти, - деп ескерткен. Сөзиниң рәмәўзине қарағанда хан адамлары кемпирди қамап қойған усайды.
- Қартайғанда анама қыйын болыпты. Егер ертең азанға шекем келмесе хан алдына өзим бараман, - деди Қудайберген.
Айтмурат дарға буған тәселле бергендей ҳеш нәрсе айта алмады. Мине усындай жағдайда кемпирдиң жетип келиўи булар ушын үлкен қуўаныш болды.
10
Әжинияз бүгин қаншама қосық жазыў дәртинде жанса да жаза алмады. Оның көз алдында муңлы заман мүсийбети менен ойыншық болған нәзәлимлер тәғдири соншама зарлы көринер еди. Х әсирдеги шайыр Әбдишүкир Балхий өз заманын түтеп турған тандырға мегзеткен екен. Жалын шаша алмаған тандырда не ҳәўир, не берекет болады? Ол пысқый береди, ең ақырында адамның көзин аштырмай таслайды. Соңынан адам түтин ишинде көнлиге баслайды. Тандырға жабылған нан бурынғыдай писик болмаса да шүкиршилик қылады. Ашшы түтин адамның кеўлин де, шырайын да әдеўир пәсейттирип таслайды.
Шайыр буннан бир ай бурын Бийбижамал менен ушырасып, муҳаббаттың адам өмириндеги толқынлы сезим екенлигин сынап көрген, оған арнап "Бери кел", "Гөззаллар", "Эй, нәзелимлер", "Бир пәрий" қосықларын жазған еди. Бүгин бул қосықлар әлле жақларға тарқалып, айралық пенен ушласқан. Әжинияз тосаттан пайда болған кеўил қайғысына төтепки бере алмастан, қайығы түпсиз теңизде даўыл арасында қалған адамдай өрден-ыққа тербелди.
Ўақыт әллен мезгиллер болса да шайырдың еле шырасы сөнбеген, қустың тилиндей ғана пилиги жылтылдап турған шүтик шыраның жалыны сырттан келген самал менен арман-берман қозғалғандай. Әжинияз дәстахта жанында жүресине отырды да қус пәринен исленген қәлемин сыяға малып, әлле қандай бир қосық қатарларын жаза баслады:
Әлип қәддим далдек болып бүгилди,
Көзлеримнен қанлы яшым төгилди,
Жол бойына үйген ҳасыл йугимди,
Базарға елткендей кәрўан болмады.

Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан,
Базарым тарқады ерте пешиннен,
Кәрўан өткен ўақта мениң тушымнан,
Көңил мүлким жолға әнжам болмады.

Сырым паш етпедим ҳәргиз ҳеш кимге,
Ситамкер әйледим жанға беш күнде,
Гүзар дәрбентине қурған көшкимде,
Дәртимди дәртлесер ҳамдам болмады.
Әжинияз бул қосығы менен де жүрек дебдиўин баса алмады. Оның жараланған жүреги әлле қандай айралық қосықларын қағазға түсириўди қәлер еди. Соның ушын да бул муңлы қосықтың изи "Айралса" қосығына айланып кетти:
Елинен айрылған дийўана болар,
Ярынан айрылған бийгана болар,
Ҳәррелер ушубан пәрўана болар,
Уясы бузылып, палдан айрылса.

Бул дүньяның көрки - адам баласы,
Адамның да көкке жетер наласы.
Кеўилдиң көп болар қайғы-жапасы,
Хош қылықлы сәўер ярдан айрылса,
- деген қатарлар жазылған ўақтында неликтен де оның түси бузылып, қоллары қалтырап кетти. Ол Бийбижамалдан айрылып, бул қосық тап оны жоқлаў мағанасында жазылып атырғандай Әжинияз қарсы алдындағы шыраға узақ телмирип қалды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
22.07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Әтирапының бәри дүт тоғайлық. Дәрья шетиндеги пайда болған қурттай ғана орпаң далаңлықта сопайған төрт қақыра ғана қәддин тиклеп тур. Қақыралардың аўзының ҳәммеси дәрьяға қараған. Бул жерде үйир-үйир мал да, нағышланып тигилген отаў да көринбейди. Ҳәр қорада бир бузаў, яки бир-еки қозы-ылақтан басқа ҳеш нәрсе көринбейди. Соған қарағанда балықшылық пенен күн көретуғын орта ҳал адамлар болды шамасы.
Қудайберген әдеўир турып қалса да, Айтмурат ғаррыдан басқа еркек адамды ушырата алмады. Басқалар балық аўлап жүрген болса итимал, - деп ойлады ең соңында.
Анасы еле келмеди. Не ҳәдийсе болған екен? Қудайберген бирден шоршып кетти. Тап усы ўақытта Айтмурат ғарры оны шақырды.
- Мийман балам, кел бирге шай ишемиз.
Енди бул жерде жалғыз өзи қақайып тура бериўди уят көрип, ол ишкериледи.
- Қалай, бизиң аўыл унады ма?
- Жаман емес.
- Еле үйренисип кетесең. Аты қарақалпақтан бундай пайызлы жерди табыўың қыйын.
Кеште үй ағзаларына және еки адам қосылды.
Бул Айтмурат ғаррының басқа шығарып жиберген балалары екен. Олардың да үйи қоңсы. Деген менен балалар аңға шыққан күнлери аўқат ғаррының үйинде асылады. Бул күни тап дарғаның үйинде той болып атырғандай төрт хожалық бир жерге жәмленеди. Тийкарынан алғанда хожалықлардың төртеўи де усы Айтмурат ғаррыға тийисли болып шықты. Өзи, еки баласы, күйеў баласы - ҳәммеси төрт хожалық. Бул хожалықлар бөлек-бөлек үй салып, бөлек жасағаны менен еки сыйырдың сүтин де, қатығын да бөлисип ишип кете береди. Нан да, аўқат та тап сондай. Ғарры баслап келгеннен кейин ҳәр ким мийманның кеўлине тийип алмаслық ушын үлкен әдеп сақлап отыр. Бирақ усындай болса да, Қудайберген кешки аўқат үстинде дым кеўилсиз.
- Алып отырың, мийман, дым кеўилсиз көринесиз? Я бир жериңиз аўырып отыр ма?
- Яқ, өзим сондайман.
Айтмурат көп нәрселерди басынан кеширген тәжирийбели адам. Соның ушын да тосаттан пайда болған бул жигиттиң басына әлле қандай саўда түскенин сезер, бирақ та Қудайбергенниң бул жаққа келип қалыў себебин сораўға батына алмас еди. Қудайберген де бул ғаррының туўры адам екенлигин сезди. Бирақ кеўлиндеги бар гәпти төгип таслаўдан қорқып отыр.
Айтпағанда қаяққа барады. Ендиги барған жеринде Айтмурат ғаррыдай ашылысып, нанына мирәт ететуғын адам я табылды, я табылмады.
Бундай адамлар мәрт болады. "Ойымдағы барлық гәпти жасырмаўым керек" деп ойлады Қудайберген. Ишки дәртин достына айтыўға қәўипсинген адам ҳәммеден қорқып жүреди. Ҳәммеден қорққан адам узақ жасай алмайды. Ақыры ҳәмме тарқалып, шыра сөндирилип, Қудайберген менен ғарры ғана өз төсегине жатқан ўақтында Айтмурат ғарры сорады.
- Сени бир қылмыс қылған адам деп айыплаўға ҳақым жоқ. Бирақ кеўлиңде аўыр қайғының изи бар. Бизди дос санап үйимизди паналадың. Егер мәлел келмесе кеўлиңдеги гәпти айтсаң болар еди, балам. Мәсләҳәтлесип ис тутар едик, - деди.
Қудайберген бир майданға шекем үндемеди.
- Дурыс таптыңыз ата, мен ханға жаманлы болып қашқан адамман.
- Жаманлы болғанда не, салық төлей алмаған шығарсаң?
- Салық төлей алмадым. Және Қутлымурат инақты өлтириўге қатнастым.
- Не дейди? - ғарры көрпеден турып кетти. Ол жанында жатырған, азғын ҳәм жуўас жигитти "инақты өлтирдим" дегенине сирә инанбас еди. Қудайберген ғаррының орнынан турып кеткенине қарап: "Үйден шық! Ҳа, атаңа нәлеттиң баласы! Саған берген дузым ҳарам!" - деп бақырып шаўқым салар ма деген еди, бирақ булай болмады.
- Сөйтип изи не болды? - деп сорады. Айтмурат ғаррының бул сөзи ҳәм қорқынышлы ҳәм аянышлы еди.
- Не болатуғын еди, инақ өлди. Муҳаммед Пана хан болып, Қулман ўәзир болды. Изи жаман болатуғынын ойламаған екенбиз. Қулман бий еки устаның изине түсип алды да, биреўимизди өлтирип үлгерди. Мен болсам түнде сизлерге араласып қашып кеттим. Қудайберген сол ақшам қарындасын инақтың Хийўа ханына инамға берип жибергенлигин, өзиниң Қоңыраттағы атақлы уста екенлигин, Қулман бул ўақыядан пайдаланып "Инақты өлтирсең, қарындасыңды жолдан қайтарып алдырамыз" деген сөзлерин де жасырған жоқ. Ҳәтте бул ўақыяны еситип, анасының қатты қыйналғанлығын, бүгин оның "Шарлаўық"қа жетип келиўи кереклигин де сөзге қосып қойды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бир-еки күн қоңсылары менен оңысып еди. Ҳәзир оларда да ҳеш нәрсе қалмаған. Қудайберген болса нан берип отырған инақты өлтирип келип отыр. Дәрт үстине шыйқан болды. Енди Қулманға барып пул сораўдан басқа илажы қалмаған. Қулманның пул беретуғынына исенеди.
- Апа, сиз жата турың, мен ҳәзир пул таўып келемен.
- Ҳәзир пул бергендей адам қалған жоқ ғой, балам.
- Бар. Қулман бийден аламан.
- Қулман бий сениң менен сөйлессе екен-аў.
- Неге сөйлеспесин, ақыры оның менен Қутлымурат инақты бирге өлтирдик ғой.
- Не дейди?
Сулық болып жатырған кемпир
бирден көрпени серпип таслап, турып кетти.
- Инақтың өлтирилгенинен хабарым бар. Қоңсылардың бәри айтып жүр. Ал, бул қан төгиспеде сениң қолың бар деп ҳеш қыялыма келмеген еди, балам. Не ислеп қойдың?
- Инақты өлтирсең басқа хан болады. Бийбижамалды жолдан қайтарамыз деди. Мен келисим бердим.
- Заман айланып, мениң таўық соя алмайтуғын жалғыз балам қанхор болды ма? Қандай күнлерге қалдық? - Ол пүткиллей еңиреп жылап жиберди.
- Инақ нешше адамларды гүнасыз өлтирди.
- Жан қыйған ҳеш ўақытта да саўап болмайды. Садағаң кетейин Қызыр Әлийхиссаламның өзи де "жанлы мақлуқтың етин жеген гүна болады" деп, тек дән менен мийўе жеп күн кеширген.
- Сонда зор адамлар қолынан келгенин ислеп, бизлер өлип кете беремиз бе? Олар қәлеген адамын дарға асады, қәлегенин баўызлайды! Жәллатты шығарған ким? Солар. Дәслеп мал салығы дегенди шығарып еди, енди адам салығы пайда болды. Қыз салығы. Бул солардың иси. Буның бәри бир ханның басынан шыққан нәрсе емес. Соған жағынаман деп жүрген Қутлымурат инақ усаған дуўайментлердиң иси. Соның ушын да мен оны өлтирдим.
- Мениң Қутлымурат инаққа жаным ашып отырған жоқ, балам, саған жаным ашып отыр!
- Неге?
- Неге болатуғын еди? Усы ўақытқа шекем хан менен табақлас болған қарашаны көргенбисең? Олар тек өзлериниң жумысы питкенше ғана алдыңда жорғалайды. Жумысы питкеннен кейин тамам, сен керек емессең.
- Керек болмасам да өз күнимди көремен. Мен бул исти "Сарайда ислеймен" деп қылғаным жоқ ғой. Маған белше болса болды.
- Сен анаңды түсинбей, тек берги жағын ғана ойлап турсаң, балам! Көп нәрселерге жететуғын ақылың неге усыған жетпейди? Дүньяда қылмыс қылған сыпайылар ҳеш ўақта тарийхқа жанлы гүўа сақлап қалмайды. Олар сеннен ўаз кешеди. Биреўге көп пул берип, сени өлтиртип, мен бийшараны дағда қалдырады.
- Я тоба! - Қудайбергенниң ети түршигип кетти. Ырасында да, Қудайберген өлсе инақтың өлиминде Муҳаммед Пана менен Қулман бийдиң қолы бар екенин ким биледи? Устаны өлтириў ғой оларға қоян өлтиргеннен аңсат. Буннан тысқары қылмысың болғаннан кейин, қараша алдында да көкирегиң қуўыс бола береди. Хан менен ўәзир бир меннен бәрҳама жасқанып жүрер ме екен? Биреўге өлтиртеди де таслайды-дә. Анасы ҳақ екен. Қудайберген мәселениң бул жағын ойламапты.
Ол усыларды ойлап, шыптаның ернегинде жүресине отырып қалды. Ким биледи, егер сырттан биреў пәт пенен кирип келмегенде тап усы отырысында отыра берер ме еди.
- Қудайберген! - деди ол асығыс. - Сейтимди биреў өлтирип өлигин Ханжапқа таслапты.
- Не дейди?
- Тап сегиз жеринен пышақлапты, заңғар, биреўдиң ала алмай жүрген өши бар усайды.
Усы сөзди айтты да бул адам "асығыс едим" деп кетип қалды.
Қудайберген Сейтимниң неге пышақланғанын сезген еди. Еки жылдан бери Қудайбергенге шәкирт болып жүрген бул жуўас бала инақ өлтирилген жерде бар еди. Ендиги гезек буныки усайды. "Қоңыратта азанға шекем қалмаслығым керек", - деди өз-өзине тәселле берип.
- Апа, - деди әллен ўақытта басын көтерип. - Мен бүгиннен баслап Қоңыраттан шығып кетпесем болмайтуғынға усайды. Әмиўдәрьяны жағалап кетемен. Сиз азанда үйде дәртке асқандай нәрселерди ешекке артып изимнен барарсыз. Шарлаўықта күтемен, - деди даўысы сәл-пәл қалтырап.
Өтебийке:
- Яқшы балам, не илаж, өзиңди ықтыят қыл, - деген сөзлерди жүдә әсте айтты. Қудайберген бул сөзлерди анық еситкен жоқ. Сонда да анасының жаман сөз айтпағанлығын сезди де кийимлерин излестире баслады. Ол неликтен де ҳәзирги ўақыттан баслап-ақ Қудайберген устаға усамаўға ҳәрекет жасады. Үйден бир гөне қураш тапты.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

tek sizlerden youtube kanalımızǵa kirip qollap-quwatlaw ǵana kútip qalamız.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Сен Қулманның шорысына айланасаң.
- Мен Әжинияз шайырға атастырып қойылғанман.
- Ҳе... Әжиниязың ким болыпты? Елди гезген бир саяқ. Мениң ҳәр бир сөзимниң алдында ондай саяқлар жапырақтай қалтырап турады.
- Ол халықтың сөзин сөйлейди. Соның ушын да Сизден күшлирек болса керек.
- Халық деген не? Теректиң шақасы. Бир балта урсаң қыйрап қалады?
- Жоқ! Бир балта бир шақаны ғана қулатыўы мүмкин. Халық - бул тоғай. Тоғайдың ҳәммесин қыйрата алмайсаң. Ал, хан болса жалғыз терек. Оның тамырына балта урыўға болады.
- Тоқтат! Сениң тилиңди қырқыў керек. Ҳәй, ким бар бул жерде? Бүгиннен баслап мына албаслыға ас-суў бериўди тоқтатың. Есине келип алсын. Мениң менен қандай сөйлесиў кереклигин үйретип қояман буған! - деп есикти тарс еттирип жаўып, ашыўлы шығып кетти.
Қулманның айтқанындай-ақ усы күннен баслап Бийбижамалға ас-суў берилмеди. Ол еки күнниң ишинде-ақ әдеўир болдырып қалған еди.
Бул жерде хызмет ететуғын кемпирлердиң бири Ханым маманың Қулманның кишкене ҳаялы Жәмийла менен узақ ағайиншилиги бар еди. Соның ушын да Қулманның бул жасырын ҳәрекетлерин Жәмийлаға айтпай тура алмайды. Жәмийла болса ўәзирдиң басқа ҳаялларына барып:
- Күнимиз қурыды, енди ўәзирдиң сарайына әллеқандай жалаң аяқ бир саллақы ийелик ететуғын усайды, - деп шатқаяқты салған еди.
Ўәзирдиң ҳаяллары ҳәм олардың хызметкер жалпылдақлары кими кеспелтек, кими таяқ алып, Қулманның жасырын жумыслар алып баратуғын сол жайына топылыс жасады. Есикти сындырып үйге кирип, қараўыл кетимек ғарры менен кемпирди майырып, Бийбижамалды таяқтың дәстине алған еди. Қыз:
- Мениң не жазығым бар апажанлар? - десе де тыңламай сулайтып сабап, көк ала қойдай етип женжип теўип, "ийтлерге жем болсын енди, өлген шығар" деп, Қоңыраттың арқа дәрўазасынан сыртқа шығарып таслады.
Кеште қаладан қайтқан бир дийқан, денеси гүп болып исип, бет-аўзы қанға боялып атырған қыздың үстинен шықты да, көкирегинде жаны қалған Бийбижамалды шапанына орап, аўылына алып қайтты.
Ертеңине азан менен қызды излеп барған Қулманның нөкерлери оның өли яки тири денесин таба алмай изге қайтқан еди. Усылайынша Қоңырат ханлығы ушын Бийбижамалдың тәғдири де жумбақ болып қала берди.
16
Әжинияз соңғы күнлери пүткиллей өзгерип кеткен. Бурын илме султан сөзлер айтып, отырыспа-жыйынлардың гүли болған шайыр енди бәрҳама ойланып жүретуғын, ғамғун бир адамға айланған еди. Ол енди отырыспа-жыйынларға да қатнаспас. Сабақ тамам болғаннан кейин шапанын жамылып, дәрья бойына шығып, қайнаўытлап ағып атырған Әмиўдәрьяға көз тигип узақ қарап турады. Дәрья ағысы пәтли болғаны менен алдында көп тосқынлықларға дус келип, бурқырап, буўлығып ағады. Адам өмири де сондай. Оның алдындағы тосқынлық дәрьядағыға қарағанда анағурлым көбирек.
Соның ушын да ол әдалат жолында жапа шеккен устазларының сөзлерин қайта-қайта ядға алар еди.
Ҳеш бир шайыр дүньяда әрмансыз өмир сүрген емес. Данышпан шайыр ҳәмме ўақыт халықтың тәрезиси. Халық бахытлы болмаса ҳеш қашан шайыр да бахытлы бола алмайды. Қылышынан қан тамған қанша-қанша зарлы заманлар өтти. Сол заманның муңлы сеслери тек жазылған китапларда ғана қалған. Дәўирдиң шадлық пенен қайғысын өз көзи менен көрип, жүреги езилип запыран болып кеткен шайырлар ғана өз дебдиўи арқалы бере алыўы мүмкин. Соның ушын да Х әсирде жасап өткен устаз Әбдишукир Балхый:
Адамлардың ғамнан болса күтими,
Бул дүньяның тарқамайды түтини,
Даналардың жас төккенин серледим,
Өмирде бир шадлы адам көрмедим, -
деп өзи жасаған заманынан қатты налыған. Оннан бери қанша жыллар өтти. Жер бетинде еле зорлық, ҳүждансызлық ҳүким сүрип киятыр.
Әжинияздың қолында Хожа Ҳафыздың дийўаны бар еди. Ол тынымсыз ағып турған Әмиўдәрьяға узақ тигилди де устаз ғәззеллериниң бирин оқыды:
Бул дүньяда зулымлық ис үдеди,
Заман мисли түтинлик боп түтеди.
Гедейге ҳеш нәрсе қалмай жуқнаға,
Данышпанлар қолын жайды зықнаға.
Ақылсыз адамлар бәри бай болды,
Билимлиниң күни: "Ўақ! Ўай-ўай" болды,
Дүньяда жақсы өлип, жаманлар қалып,
Даналарды гөрге тықты апарып.
Не деген сап ҳүждан менен айтылған гәп. Япырмай бала, устаз Ҳафыз заманы да бизиң дәўирге усап кетеди екен-аў.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
31. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

I.Nargiza.Sabirovna:
/channel/Open_Budget_FIbot?start=r01652696585

50adam qosip 500miń pul isleseńiz boldi👆

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
- Буннан хабарым жоқ, жанаб полковник.
- Демек, солай екен, Пана хан менен үзил-кесил қатнасықты тоқтатыўыңызға туўра келеди.
- Бул усыныс орынлы. Бирақ ертең бир күн Хийўа ханлығы бизге қарсы атланыс жасайды. Хийўа ханлығын қулатыў жалғыз мениң қолымнан келмейди. Бул урыста Қоңырат саўаш орайы болыўы керек. Биз бул урыста Пана ханға азмаз жәрдем берип, Хийўаны ҳәм Қоңыратты ҳәлсиретип барып саўашқа кирисемиз. Буннан кейин дүньяда Хийўа, Қоңырат ханлығы да жоғалып, тек Гөне Үргениш ханлығы ғана қәддин тиклеўи зәрүр.
- Бәрекелла, бул ақылың маған жүдә унады. Бирақ, қоңыратлылардың руслар менен тезден аўқамласып кетиўине жол қоймаўымыз керек. Жақында Арал теңизи арқалы Қоңыратқа капитан Бутаков флотилиясы жолға шықты. Буған қалай қарайсыз?
- Мениң басым аман болса Муҳаммед Пананың руслар менен байланысыўына жол қоймайман. Флотилияны тезден қайтараман.
- Бәрекелла! Мениң Сизден кеўлим толды, Атамурат хан. Дослығымыз бурынғыша даўам ете береди. Сизге еле де қурал-жарақ, дәри жеткизип бериўге сөз беремен. Ҳәзир де әдеўир қурал-жарақ алып келдим. Жигитлериңизге айтың, тезден түсирип алсын. Мен асығыспан, дәрҳал қайтпасам болмайды, - деди де қалтасынан трубкасын алып, оны тутата баслады.
15
Қоңырат ханлығы дүзилместен бурын-ақ Ташаўыз жолы ең қәўипли жолға айланған. Хийўаға бул жолсыз барыў мүмкин емес. Ал, Ташаўыз бенен Хожели әтирапында Атамурат ханның нөкерлери ызғып жүрип, жолдан өткен таяр олжаларды талайтуғын еди. Қутлымурат инақтың Муҳаммед Әмин ханға жиберилген соңғы инамы да усындай қыйыншылыққа дус келди. Әреби атлар қосылған еки арбаның бириншисинде хан салығына жыйналған бир қапшық алтын теңге, екинши арбада ханға инам етилген алты сулыў қыз бар еди. Бийбижамал менен Қулман бийдиң инисиниң қызыда усы арбада. Еки арбаны да аман-есен Хийўаға жеткериўди инақ қасына жигирма нөкер берип, Жуманияз беглер бегине тапсырған. Бирақ бул ўақыядан хабардар болған Атамурат ханның жигитлери арбаны Жыланлы жолында сабырсызлық пенен күтпекте еди. Жуманияз беглер беги хан инамын қаншама сақламақшы болып тырысып, ярым ақшамда шықса да, жолы болмады. Жыланлыға келген жерде еки жүзбасы - Баллы менен Қақыш оларды қоршап алды. Түн ишинде басланған қырғын саўашта елиў нөкердиң тек сегизи ғана қашып аман қалды. Ал, қалғанлары болса көп күшке шыдам бере алмастан набыт болды. Арба жол пүткиллей қан менен былғанып, ортада көзлери касасынан шығып кеткен Жуманияз беглер бегиниң геллеси думалап жатырған еди.
Жеңиске ерискен еки жүзбасы биринши арбадағы алтын пулларды бир тийинын алмастан-ақ Атамурат ханның сарайына жиберди. Ал, екинши арбадағы олжа жүзбасылардың өзлерине дәрек усаған. Соның ушын да бул олжаны теңнен бөле алмастан екеўи кейисип қалды. Буған себепши болған - Бийбижамал. Оның гөззаллығы басқаларына қарағанда айрықша болғанлықтан екеўи де қызды бир биреўинен қызғанып, арада үлкен жәнжел пайда болды. Күн уллы сәске болғанынша бул жәнжелдиң изи шешилмеди. Жемтик көрген қасқырдай даланы басына көтерип шаўқым салған еки жүзбасы бири-биринен қалыспады. Ең ақырында қыздың басына алма қойып, жүз метрден атыўға келисти. Бул хабарды еситкен бийшара Бийбижамал бир қысым болып қалған еди. Ол мисли жанынан гүдер үзген қоян сыяқлы көзлери жаўдырап тәғдирге тән берип, жүзбасылар мылтығының нышанасына келип турды. Қыздың басына алма қойылды. Қақыштан жасы киши болғаны ушын биринши гезек Баллыға берилди. Баллы алманы нышанаға алып атты. Бирақ алма да, қыз да бирден қулап түсти. Оқ қайсы бирине тийгенлиги белгисиз.
Бийбижамалдан сәл аррағырақта оқ дәл ортасынан өтип кеткен алма жатыр еди. Қыздың ҳәмме жери тексерилип көрилди, бирақ оқ тийген жери көринбеди.
- Қыз меники болды, - деди Баллы. - Мен оқты нышанға тийгиздим.
- Еле көрермиз, - деди Қақыш. - Мениң де гезегим бар шығар. Онша мақтана берме. Қарсы алдыңда аспанға жүзик ылақтырып, нышанаға тийгизген Қақыш турыпты, - деди ол муртын таўлап.
Бирақ Бийбижамал есине келе алмады. Ол бир жутым суў ишкеннен кейин көзин бир ашты да соңынан сулық болып жатып қалды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
29. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қарақалпақша бурынғы қосықлардың телеграм каналы бар ма, силтемеси?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Marhumǵa arnap Hayat oqıydı ,sadaqa beredi,sonı aytadı, deytugın edi .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Óliniń haqına quran oqılsa azıq boladı deytuģın ba edi. Tirini bilmedim

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykim. Óli tiriniń azıǵı degen gáp bar xalıqta. Mánisi neni ańlatadı eken.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Балықтан несийбеси жоқ екен. Енди не қылыўы керек? Мына жағы - Мойнақ. Ол жерде де балықшы болмасаң күн көре алмайсаң. Қалай-қалай заман болып кетти, бул?
Қудайбергенниң ойлары қыйыр-шыйыр.
Усы ўақытта шолпы бир жулқынды да, жағаға бекитилген тутқыш қопарылып кетти. Шолпы ығып баратыр. Шолпыны алып баратырған жайын ба, бекире ме, бир нәрсе басы тасқа тийгендей силкинип, аўға оратыла баслады. Қудайберген арқанды жән-тәни менен тартып көрип еди, оны бир силкигенде-ақ дәрьяға ушырып жиберди. Үсти-басы малпақ-салпақ болып қалған Қудайберген сыртқа шығып алған болса да не қыларын билмес еди. Тек шолпы шыдам берсе болғаны. Жайынды усламай қоймайды. Ақыры, бул биринши олжа.
Қудайберген дарғаны шақыртыў ушын тезден Бийбигүл шешейге хабар берди де, өзи дәрҳал ылақа қасына қайтып келди.
- Жоллы жигит екенсең, - деди Айтмурат дарға, - Жылымың майланыпты!
Қудайбергенниң үйинде табақ та май, шөмиш те май. Ылақа дәслепки күни сорпа, изинен қарма, оннан кейин қуўырылып, ада болмас майына палаў да асылды. Қудайбергенниң енди шолпыдан да, аўдан да несийбеси жүрисип, қыс азыққа болғандай дузланған қақпаш та жыйнап алды. Анасы болса ешекке балық артып, узақ аўылларға барып, дәнге алмастырып қайтатуғын болды.
12
Қудайбергенниң тосаттан жоқ болып кетиўи Қулманды әдеўир шаршатты. "Устаның қолынан ханға қарсы ҳеш нәрсе келмес-дә, деген менен ҳеш нәрседен қорқпайтуғын адамның өзи де масқара болыўдан қорқады. Оқтың күши бир-еки адамды алып кетеди, ал сөздиң күши жаман. Ол даўыл болып еседи де, пүткил елди қаплап алады. Оннан кейин бир адамды исендирип көр, әўлийе екенсең. Ҳеш ким саған исенбейди. Бир жалатай ҳәмелпараз, ишмерез боласаң да қаласаң. Не ушын қылмыс қылған адамлар гүўалардың ҳәммесин жоқ етиўге ҳәрекет етеди. Ақыры, аржағы бар оның. Негизинде оны сол күни-ақ гүм етиўим керек екен. Енди бул истиң басында өзим турғаным халыққа мәлим болса бар ма, қудайдың өзи сақласын!"
Қулман дәслеп Қудайбергенниң алдына жалынып келген болса да, енди бир көрсе шайнап тастайтуғындай ашыўлы болып отыр. Ел арасында жасырынып жүрген әллеқандай бир гедей уста буның барлық сырларынан хабардар екенине ары келеди. Соның ушын да Қудайбергенниң геллесин алып келген ҳәр қандай адамға мал-мүлкиниң жартысын бериўге таяр еди.
Усындай күнлердиң биринде Қулманның тыңшылары бий аўылына барып жилли болып кеткен Өтебийке кемпирдиң бирден тәўир болып, аўылларда балық сатып жүргенлиги ҳаққында хабар таўып келди. Буған қәҳәри келген Қулман "кемпирди гөрден болса да таўып қайтасыз!" - деп он нөкер атландырды. Нөкерлер аўылдың астан-кестенин шығарса да кемпирди таба алмады. Ақыры Шарлаўыққа келип, дарғаның үйлерин де бирим-бирим қарап шықты. Ҳеш жерде жоқ. Үш күнлик тинтиўден кейин олар "Ўақым" тоғайына кириўге жүрексинбей изине қайтты. Бажбанның гөне жайы тоғайдың ортасында болғаны ушын ҳәмме оны есинен шығарып жиберген. Жолаўшылар болса ол жерди жин-шайтан ийелеген деп дарымайтуғын еди. Тоғай арасындағы шатпада Қудайберген менен анасының жасайтуғыны тек Айтмурат дарға ҳәм оның бала-шағаларына ғана аян. Бирақ олар усы ўақытқа шекем бул ҳаққында ҳеш кимге тис жарып ҳеш нәрсе айтқан емес.
Нөкерлер қайтып кеткеннен кейин Шарлаўықта бир дийўана пайда болды. Дарға оған әдеўир муғдарға қақпаш берип сыйлаған болса да ол ҳеш қайтпады. Бул төрт үй дийўанаға тарлық қылса да, пәрўайы пәнсери болып, қоржынын қушақлап дәрья бойында жата берди. Бул дийўанадан гүманланыўға болады. Дийўана сол жатысында арадан төрт күн өткеннен кейин, Өтебийке кемпир дарғаның үйине келип, шыра май алып кеткен күни намазлыгерде барып жолға түсти. Дийўананың ҳәрекетин сезген дарға да түни менен уйықлай алмай шықты. Бирақ, азанда тоғайға келген отыншылар оны түнде қасқыр талап өлтиргенлиги ҳаққындағы хабарды таўып келди. Бул ўақыядан кейин Өтебийке кемпир де, Қудайберген де аўылларға балық алып бармады. Аўысық-артық балығын дарғаның балалары арқалы аўылларға тарқатып турды. Қулман да тынышланып бастырыўлы қазан қақпағы жабылыўы менен қалған еди.
Қудайбергенниң баратырған бағыты жаман емес.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
26. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma áleykum!
Nemat , inom sózleriniń qaraqalpaqshasın biletuǵınlar bar ma ?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Илайым, бахтың ашылсын, қәпесте жүрген қызыма қорған болагөр. Қызымдай болған келиним едиң, Бийбижамалымның ендиги жан ашыры, анасы өзиң болғайсаң, шырағым, - деди.
- Болады, ҳеш қәўетерленбеңиз. Бийбижамал ондай қызлардан емес, - деди Гүлзийра.
- Әўмийин! Айтқаның келсин, қызым, - деп кемпир пәтия берди. Бул сөзди Бийбижамал да өз қулағы менен еситти.
Бул ўақыядан бир ай кейин Әжинияз Бийбижамалды Ханжаптың бойында көрип қалған еди. Ертеңине Қәдирберген устаның үйинде ушыратты да пүткиллей шыдамы кетти. Муҳаббат деген сондай болармекен, булар дәслепки ушырасыўында ҳеш биреўине ҳеш нәрсе айта алмады. Бир-бирин соншама жақсы көрип турған болса да, тап қарлы боран арасында қалған адамлардай қалтырап, бир-бирине узақ тигилип қалды, болғаны. Бул көзлерде қорқыныш та, қайғы да жоқ, теңиз суўларындай тынық, аспандай шексиз еди. Мәгар, бул турысында сырттан жолбарыс келип қалғанда да қайрылып қарамас, қулақлары тас болып питип, бул дүньяның сырлы сестинен пүткиллей ажыралып қалған. Екеўиниң де, бәлки оңы емес түси, оңында бир-биреўин ойлағанда, түсинде ушыратып атырған сыяқлы еди. Соның ушын да бул түстиң тезден тарқап кетиўинен қорқып, екеўи де әллен ўақытларға шекем кирпик қақпай қарап тиллести.
- Бийбижамал!
- Әжинияз!
Сыбырланып айтылған усы еки аўыз сөз ғана пүткил саҳраны гүңиренткен қобыз тарларындай жүректи бийлеп алған. Усы еки аўыз сөз ғана бир-бирине мәдет бергендей, екеўи де және үнсиз.
"Я, пәрўардигар, бул түсим бе, оңым ба? Қасымдағы турған қыз ба, я пери ме? Бундай гөззаллықты дөреткен сақыйлығыңа мың-мың рахмет. Бахтым бар екен, дүньяда усындай нәзалим ушыратыппан. Басым аман болса, қара жерге киргенимше оның алдында паяндоз боларман", - деп сыбырланар еди Әжинияз.
Дигирманханаға басқа биреўлердиң кирип келгенин сезген қыз, бетин шаршысының шети менен жаўып сыртқа шығып кетти. Арадан бир неше күн өткеннен кейин Әжинияз Бийбижамалдың үйине айттырып барып, ыразылығын да алған еди.
Усы ҳәдийселер себепли Әжинияз Қәдирберген дайысының үйине көбирек келетуғын болып қалды. Бийбижамал да бун күнлери әдеўир кеўилленип кетти. Бирақ та ол турмысқа шығыўдан алдын ағасы Қудайберген келиншек алып келиўи керек екенлигин үнсиз түсинеди.
Илгерилери Бийбижамал күни-түни жалықпастан анасынан дәстан тыңлайтуғын еди. Бирақ оған дәстандағы ўақыялар өтирик сыяқлы сезиледи. Әжинияз бенен ушырасқаннан бери дәстандағы ўақыялар да ырас екен-аў, деген пикирге барып қалды.
Әжинияздың Қәдирберген устаның үйине көп қатнаўының себебин ҳәммеден бурын жеңгеси Гүлзийра сезип:
- Жийен бала, аманлық па? Қатнаўың көбирек болып кетти ғой. Бизиң бийкеш те бос келмейди, жүрегиңнен байлаған ба деймен? - деди ол бир күни.
- Солай қусайды, - деди Әжинияз.
Оннан басқа жуўап қайтарыўы да мүмкин емес.
Әжинияз Хийўада оқығаны ушын, көп китаплар арқалы да, буннан тысқары күнделикли турмыста да жеңгейлердиң мәккарлығын биледи. Соның ушын да жеңгешиликти жақтырмайтуғын жигитлер топарына кирер еди. Ол Гүлзийра менен де ашылысып сөйлеспей жүр. "Сөйлеспесе қойсын, енди өзим сөйлесемен" деп ойланып жүрген жеңгеси:
- Шайыр балаў, сен ғой өзиңди меннен алып қашып жүрсең. Сырымды билмейди, деп ойлама. Қыздың қолын услатып, жүзик сорайтуғын жеңгең мен емес, исенип тапсырып қойғаннан кейин қыз меники. Үйинен руқсат алыпсаң, жүдә жақсы болыпты. Ырасын айтсам, екеўиңиздиң табысқаныңызға қәлпем қоян алғандай қуўанып жүрмен. Енди аўылдың қаңғымай жигитлериндей дигирманның алдына барып турғаныңды қой. Ағаң аўылына кетип еди. Жайда ҳеш ким жоқ. Бийкеш те дигирманға келипти. Ҳәзир шақыраман. Бирге отырып шай ишиң, - деди.
- Жолы болар жигиттиң жеңгеси алдынан шықты, деген усы-дә, - деди Әжинияз.
Жигит төрги жайға барып, шапанын шешкени менен, жүреги ҳәўлирип, отыра алмастан турып кетти.
Қапы шыйық етип ашылып, ишке Бийбижамал кирди. Бул сапары да тап баяғы ушырасыўдағы көзқараслар ҳүким сүрди. Бийбижамал дәлизден кирип келген болса да, тап ол кеминде бес шақырым жерден жуўырып келгендей ентигип, көйлек астында белги берген қос әнары барып-келип турған сыяқлы.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Миннетдарман, саған өмир!
Тәрбияңнан өнип-өстим,
Керегинде болдың достым,
Аймалап қатарға қостың,
Миннетдарман, саған өмир!

Жолларымды мудам ашып,
Несийбемди қойдың шашып,
Терип жүрмен мәнзил асып,
Миннетдарман, саған өмир!

Үлесиңнен бир пай алып,
Шербетиңнен иштим қанып,
Тутымыңа болдым қанық,
Миннетдарман, саған өмир!

Есейсин деп бердиң сынақ,
Сабыр етип, алдым сабақ,
Анамдай болдың көзқулақ,
Миннетдарман, саған өмир!

Қайтарып қыстың қәҳәрин,
Көркейттиң кеўил бәҳәрин,
Дизип айтыў мүшкил бәрин,
Миннетдарман, саған өмир!

Базда сүттей кетсем тасып,
Ебин таўып қойдың басып,
Дүзедиң жүрсем алжасып,
Миннетдарман, саған өмир!

5-ноябрь, 2019-жыл,
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
- Саған қыйын болыпты балам, бирақ изи қайырлы болғай, - деди ғарры төсегине қайтадан жатып атырып.
- Инақты мен де өлтириўге талапланып көргенмен, - деди әлленемирде ғарры.
Бул ўақытта ғарры емес, Қудайберген төсегинен ушып турған еди.
- Ол жыллары үйимиз Бозжап бойында еди. Алты балам ҳәм бир қызым болып, балаларым Алпамыстай ержетти. Қара күштиң арқасында жер айдап, егин егип күн көретуғын едик. Алты баламның саўлатында мал-дәўлетим болмаса да, дәўлетли адамдай көкирегимди керип жүретуғын едим.
Бир күнлери ханның миршаблары салық жыйнаўға келди. Үлкен балам екеўмиз күни менен қос айдап, түсте шай ишиўге келген едик. Мына қызым Бийбихан сол ўақытлары енди ғана он алты жасына шыққан шығар деймен. Келсем үйдиң иши аўдар-теңкер. Жүк жығылып, сандық қулап шил-пәрше болған. Қызым бийшара мыйқыдан қашқан шымшықтай болып қалыпты. Көйлеклери де жыртылып, алба-далба болып кеткен. Ортада белине қатар асынған шөгирмели биреў қызымды тап таўық услайтуғындай арман-берман қуўып жүрипти. Қаным қызым кетти.
- Ҳәй, басқыншы, тоқта! - дедим.
Усы ўақытта шөгирмели нөкер маған шегир көзлерин тигип бир қарап қойды. Соңынан және қызыма қарады. Меннен жасқанып, айылын жыятуғын түри жоқ.
- Ҳе, әкеңнен қорқады дейсең бе? Хан нөкери ҳеш кимнен қорққан емес. Ол өз олжасын алмай тынбайды. Мениң алдымда усылар адам ба?! Әкениң алдында қурған айшыў-әширет қандай қызық болады. Бул тек хан нөкериниң ғана қолынан келиўи мүмкин, - дейди уялмай үйи жаңғыр.
Мен бул ислердиң оңымда ма яки түсимде ме болып атырғанлығын байқағаным жоқ. Мийим ғуўлап, көзим тарса жумылып баратыр. Усы ўақытта қулағыма қыздың шыңғырығы, бир нәрсениң тарс ете қалғаны еситилди. Көзимди ашып қарасам үлкен пәлекет жүз берген екен. Нөкердиң басы асқабақтай болып екиге бөлинип, қан ағып жатыр. Жанымда көйлеклери қанға былғанып, қолына балта услап турған баламды көрдим.
Тез арада үйге миршаблар жыйналып қалды. Бес балам басқа бир атызда анасы менен ислеп жүрген еди. Оларды да алдырды. Еки балам кишкентай еди, қалған төрт балам менен мени арбаға байлап Қоңыратқа алып кетти. Төрт баламды көзимниң алдында дарға асып өлтирди. Өзим алты ай дегенде қамақтан қашып усы жерге келип қалған едим. Соңынан жасырын бала-шағамды көширип әкелип, усы жерде дарғашылық ете басладым. Балларымның ҳақ қаны ушын талай мәртебе инақты өлтирмекши болдым. Бирақ режелерим иске аспады. Бир-еки күнликте отыншылар "инақ өлтирилди" деген хабар таўып келди. Усы хабар ырас па екен деген нийет пенен кеше Қоңыратқа барғаным еди. Оның үстине сени ушыратқаным жүдә таң қаларлық ўақыя болды-дә! - деди ол.
Ырасын айтқанда Қудайберген бул ўақыяға исенерин яки исенбесин билмей ҳайран...
Өтебийке кемпир түни менен уйқылай алмады. Қудайберген үйден шығып кеткеннен баслап, оны сораўшылар көбейип кетти. Қулман бий "Сейтим өлгеннен кейин-ақ, Қудайберген қашпаса болар еди" деген пикирге келген. Ойлағаны туўры шықты. Уста қалада ушты-күйди жоқ болып шықты. Қудайбергенниң ең жақын танысларын да араға салды. Ҳеш пайда шықпады. Ертеңине Қулман бийдиң қулағына келип тийген хабар да дым әбеший: "Қудайберген түнде үйинде болмады. Анасы азанда көрпе-төсегин ешегине артып, қаланың батыс дәрўазасына қарай баратыр".
Кемпирди қалай болмасын қайтарыў керек! Усындай мақсет пенен ол төрт нөкер қосып, Сайымбет молланың елтисин жумсады.
Кемпирди тоқтатыў қыйын болған жоқ. Дөҳметке келгенде ҳеш кимнен қалыспайтуғын Сәлийма быжық атанған бул қатын барды да ешектиң жылаўына асылып:
- Мына кемпир мениң алтын жүзигимди урлады, - деп бәләәтлей баслады. Кемпир:
- Шырақларым, мен болсам бир аяғым жерде, бир аяғым гөрде турған адамман. Алтын жүзикти не қылайын? - деген сөзлерди айтып жалынса да, нөкерлер оны тыңламастан қәдемжайға алып келди. Кемпир ўақыяның ҳәммесине түсинетуғын болғаны ушын оны тежеп-тергеў пайда бермеди. Ақыры, изинен бир бақлаўшы қойды да ешегине мингизип, дәрўазадан шығарып жибериўге мәжбүр болды.
Кемпир ғайыптан пайда болған жолаўшы жолдасының ким екенлигин сезди. Ол көбирек кемпирдиң қаяққа баратырғаны ҳәм баласының қайда екенлиги менен қызығатуғын еди.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
21. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Және де дым узақтан ҳарып, шаршап киятырған жолаўшыға мегземекши болып, анасының гөнелеў жаўлығы менен бет-жүзин байлап таслады. Оннан кейин ийнине үлкен бир шекпенди жамылды да үйден шықты. Бул ҳалда оны ең қәдирдан адамының өзи де танымай қалыўы сөзсиз. Оны көрген ҳәр қандай адам "Үстирттен кәрўан менен келген бир киси қалада тамыр-танысының үйин излеп жүрген болса керек", - деген пикирге келер еди.
Жол дәрўазаға жақынлаған сайын адамлар көбейди. Шамасы кеште дәрўазадан өткен адамларды тексерип жибериў, қуптаннан кейин ҳеш жақтан адам өткизбеў ҳаққында ханның буйрығы бар усайды. Дәрўаза алдындағы аламан еки қатарға бөлинген болып, биринши қатары қалаға енди кирип киятырғанлар, булар негизинен отын артылған арбалар менен үстине жүк артылған кәрўанлар топары.
Ал, сыртқа шығып баратырғанлардың көпшилиги дийқанлар. Ҳәр қайсысының ийнинде жамалған қапшық болып, олардың ишинде аз муғдарда шытпа-таўар ма, әйтеўир бир нәрселер бар. Дәрўазабанлар шыт пенен бөз алып өткенлерге тиймегени менен қаладан бел, орақ, кетпен алып шыққан дийханлардың жанын келиге қамады.
- Бүгиннен баслап Қоңыратта усталардың қылыш, найзадан басқа затты соғыўына тыйым салынғанлығы ҳаққындағы уллы ҳәзиреттиң пәрманынан хабарыңыз жоқ па?
-Өлимнен хабарым бар да, бирақ буннан хабарым жоқ, тақсыр.
- Онда бул буйымларды таслап қара басыңның аман ўағында аўылыңа жөнел! Нөкерлерге қылыш соғыўға темир жетпей атыр.
Дийқан аяқ-қолы босасып, бир майдан турды да, қапшығындағы затларды нөкердиң аяғының астына таслады. Соңынан бир нәрсе есине келгендей:
- Әпиў етиң тақсыр, биз дийқанлар орақ, кетпенсиз қалай жасай аламыз? Егер бул затлар болмаса егин де болмай, ашаршылық болып қалмас па екен? - деди.
- Жоғал, деймен саған! - деди ашыўға буўлыққан нөкер. Буннан кейинги дийқанлар да мәселени сезип, бел, кетпен усаған затларын дийўалдың қапталына ылақтыра баслады.
Темир дүканлар миршаблар қарамағына өткеннен кейин-ақ усталар түслик ўақтында дийқанларға жәрдем бериўди ойласып, атақлы Сейитқасым уста өз шәкиртлериниң биреўин үйине жумсады.
- Үйде кишкене устахана бар екенлигинен өзиңниң хабарың бар. Қылыш соғыў гүна болса да, дүньяда бел менен кетпен соққаннан саўап ис жоқ. Жер геўлеп, напақа таўып берип отырған дийқанларды қапа етиўге болмайды. Соның ушын да Турсынбай бүгин қас қарайғанша дийқанларға бел, кетпен, орақ, балта соғыў менен бәнт болды. Олардың қаладан бүгин кеш шығыўына да усы жағдай себепши болған.
Қудайберген де усыларға қосылып, қараңғыда Қоңырат дәрўазасынан шығып кетти. Жоллар кем-кемнен ҳәр жаққа тармақланып бөлинип, енди дийқанлар әдеўир сийрексип қалған еди. Шарлаўыққа қарай бурылатуғын жерде сөйлесип киятырған еки дийқан да оңға бурылып кетти. Қудайберген солар менен бирге кетиўге ыңғайласқан еди, бирақ та анасына "Шарлаўық"қа бараман дегени есине келип, дәрья жағасындағы жолға түсиўге мәжбүр болды. Бул жаққа бир ешекли ғаррыдан басқа ҳеш ким қайрылған жоқ. Жигит жанына бир адам болса да жолдас табылғанына шүкиршилик етти.
- Қай жаққа барасыз?
- Шарлаўыққа.
- Онда жақсы болды, бирге кетемиз балам. Түн қараңғы болған соң, танымай қалдым ба? Ол жерде кимниң баласысаң?
- Өзим Қанлыкөлденмен, бул жерге биринши келиўим, - деди Қудайберген Қоңыратта туратуғынлығын жасырғысы келип. Атым Қудайберген, талап излеп киятырман, ата.
- Талап излеп? Ол жерде атақлы байлардың аўылы жоқ ғой. Аңшы болсаң бир гәп. Қоян-қырғаўылы балығы көп. Әй, билмедим-аў, талапкерге жумыс табыла қоймас ол жерден, - деди ғарры екиленип. - Оннан да анаў Сейитқул бийдиң аўылына барғаның жөн ғой.
Сейитқул бийдиң аўылының адамларының көпшилиги Қудайбергенди таныйтуғын еди.
- Әй, бахтымды Шарлаўықтан излеп көрмекшимен ата, - деп қоя ғойды. Бул ешекли ғарры Шарлаўықтың итибарлы адамларының бири болған Айтмурат дарға еди. Қудайберген екеўи ешекти алмасып минип, ертесине песин ўақтында Шарлаўыққа зордан жетти.
9
Шаршап қалған Қудайберген уйқыдан намазлыгерге барып оянды. Бул жер "Шарлаўық" деп үлкен ат алғаны менен жисмине туўры келмес еди. Қарсы алды қылыштай қайрылып аққан Әмиўдәрья.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Қулман оның менен жасырын сөйлескенде: "Егер Қоңыратты өз қолыңа ала алсаң үш мың атлы нөкер беремен" деп ўәде еткен еди. Солардан елиў адам жүзбасы ҳәм хан ҳәмелдарлары болып хызмет атқарады.
Ҳәзир әйне пайыт. Хожелиде арбаны қуўып жеткен нөкерлер арғы жағына Гөне Үргенишке, Атамурат ханға да хабар береди.
Усылайынша ол дийўанбегини шақыртып алып, Мухаммед Пана ҳәзиретлериниң атынан Атамурат ханға хат жазыўды буйырған еди.
Пана хан сарайы бурынғы Қутлымурат инақтың ҳәўлисине жайласқан. Қутлымурат инақтың өлтирилгенинен хабар тапқаннан кейин оның еки иниси менен бала-шағалары Хийўаға қашып кетти. Соның ушын да бул жерге Пана ханның бала-шағалары көширилип алып келинди.
Ханлық дүзилгени менен еле өз күшине ийе болды деп айтыў қыйын. Инақтың өлтирилиўине байланыслы олардың ағайинлери де бас көтере баслады. Нөкерлер оларды тутып келгени менен салып қоятуғын зиндан яки ҳүким шығаратуғын қазы табылмады. Пана хан "отыратуғын орным болса болды" деп, басқасы менен қызықпай атырған сыяқлы. Соның ушын да бул мәслеге жан күйдирип жүрген тек Қулман. Ол Сейтназар сәрдарды шақырып алып, елден нөкер жыйнаўды буйырды.
- Ханның салтанаты нөкер менен, әзийзим. Нөкерсиз патша таяқсыз шопанға усайды. Ал, шопанның таяғы болмаса қойлары өз басына ылағып кетеди. Алла сизге қуўат берсин! Ел ишинен мыңнан аслам нөкер жыйнап қайт.
Буннан соң ол Юсуп мәҳремди шақыртты:
- Ханның ғәзийнеси жоқ. Елден салық жыйналсын. Байлар салықты ат пенен төлесин. Нөкерлер ушын керек.
- Әй билмедим-аў, - деди Юсуп мәҳрем. - Кешеги салық төлеўде халық пүткил жалаңаш қалды ғой. Үйлеринде я бир шылым арпасы жоқ.
- Хан сөзи еки болмайды, - деди Қулман. Басын услап узақ ойланып қалды да, Жумамурат беглер бегини шақырды.
- Ертеңнен баслап қаладағы барлық темирши усталарды жыйнап, қылыш соқтырасаң. Жаңадан нөкер жыйнап атырмыз.
- Қуллық тақсыр!
Қулман қаншама ҳәрекет етпесин бул ислери еле жеткиликсиз екенлигин сезип турар еди. "Өзи шаппаттай қалаға төрт мың нөкер жайғасыўы керек. Олардың азық-аўқаты, жаў-жарағы, кийим-кеншеги, бәри ханның мойнына. Қаншама ат табыў керек. Ол атлардың от-жемин қаяқтан алады? Халық болса пүткиллей посып кетейин деп отыр. Атамурат ханнан еки мың нөкер сорады. Ол Қоңыратты жайпап кетсе не болады? Көбиси ел талап, баспашылық етип жүргенлер. Негизинде бул иске қол урмасам болар екен", - деп өзине-өзи налый баслаған еди. "Басқа рети бар ма екен? Ҳаў бар екен ғой. Неге орыслардан жәрдем сорамадық. Халықты таламайды. "Атыма жем бер" - деп отырмайды. Анаў пароход дейме-аў, нәҳән бир кемени Әмиўдәрьяға әкелип байлап қойса, Хийўа түўе Бухара да "аўзыма қум" демеспеди. Бул ҳаққында ҳәзир-ақ ҳәзирет пенен ойласыўым керек"
Арадан ярым саат өткеннен кейин Қулман бас мырза басыны шақыртып, Оренбург генерал губернаторы Тяукин мырзаның атына хат жазылды. "Жоқары дәрежели ҳәзиретим! Сиз уллы дәрежели тақсырымызға сол нәрсени қабыл етиўиңизди өтиниш етемиз. Биз уллы султанлар, ханлар нәсилиден болмыш ҳәзирети Муҳаммед Пана хан, алла таланың қәлеўи, тамамы ел-журттың қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде уллы мәртебели Қоңырат тахтының ийеси етип тайынланғанбыз. Қарақалпақ журты, теңиз ели, бәршемиз уллы мәртебели сиз бенен мүнәсибетлеримиз жақсы болғай, деген тилектемиз. Бизден сизге, сизден бизге елшилер келип турғай. Бирақ бул кеўилсиз ўақыядан кейин Хийўа ханы Сайд Муҳаммед Әмин хан әлбетте бизге қыянет етсе керек, деген пикирдемен. Биз уллы мәртебели Россия патшасы тәрепинде болыўды қәлеймиз. Бизден жәрдем керек болса алың. Соның ушынким, жәрдемге бирнеше флотилия жибериўиңизди соранар едик.
Уллы мәртебели Муҳаммед Пана хан".
Қулман бул хатты шабарман арқалы Оренбургке жөнеткеннен кейин барып кеўлиниң азмаз тынышланайын дегенин сезди. Бирақ, хан сарайы еле де үлкен тәшўишлерге толы еди.
8
Қудайбергенниң үйинен берекеттиң қашқанына әдеўир күн болды. Төсек тартып жатып қалған анасы кеше ғана басын көтергени болмаса, бурынғыдай жайнап-жаснап отырып шай да ишпейди. Ғарры ананы ғам басып, бирден көзлери ишине кирип кетти. Бул үйде бир шылым ун, бир тислем нан қалмады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
17. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qollap-quwatlayıq! Ana tilimizdiń keleshegi ushın

Читать полностью…
Subscribe to a channel