qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

752

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

#сиз_ушын_пайдалы

❗️Ҳәр бир қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм дийқанлар көриўи керек

Жер ығаллығын қалай узақ мүддет услап турыў мүмкин?

Жерди мулчалаў тез-тезден суў талап ететуғын жерлер ушын пайдалы усыллардан бири.

Бул арқалы жериңиздиң ығаллығы узақ мүддетке (10-15 күн) сақланады ҳәм суўды тежейди. Сондай-ақ, мулчалаўдың өзи де артықша қәрежетлерди талап етпейди. Оған от-шөп, сабан, қағаз, опилка ямаса гүзде тереклерден түскен жапырақлар жетерли болады

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ózbek tilinde ádebiy tili birdey tek awızeki sóylewtilinde ózgeshelik bar bir aymaqlarda sonı sheva deydi .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tokmotoped yaki skuterdi awdarmalaysız

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalamu aleykumler.Qas penen kozdin arasinda degennin frazeologizmin bilesizlerme

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://gboard.app.goo.gl/5F2fX

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

"Alpamıs" da'sta'ninda Qarajan neden qa'weterlengen edi ?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Elektron kitap formasi joqpa

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

X.Seytovtin ómiri hám doretiwshiligi boyinsha kitap barma? Bar bolsa taslap berin iltimas

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma alekum hammege kesh jariq qaraqalpaq tilinde hariplerdin basin turtiw ushin qaysi klavyaturdan paydalanamiz ilitmas aytip jiberin

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma áleykim!

Negiziń kibi kórin ya kóringeniń kibi bol

Rumiy

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

#Lira
#5_san

⚡️"Lira" joybarınıń besinshi sanı. Videomız sizge unaǵan bolsa ❤️ túymesin basıwdı umıtpań.

Qızı ushın áke degen nenі bіldіredі?
Áke – topıraq, ónimdar jer. Áke – Watan, bul ómіrdіń mazmunı.

🎙Oqıǵan: Nargiza Kanlibekova

Eger video sizge unaǵan bolsa kommentariya bólimine "Áke" sózin jazıp qaldırıń.

📲 Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Өзиң киби корин яки Атаңнан кандай болсаң сондай бол дегенғо

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Гөззаллар

Не ол бәҳәр? Сизлер мениң бәҳәрим,
Жан кеўлимниң шырағы, гүл сәҳәрим,
Қойны жәннет, бир гирдаплы жәҳәним,
Ақыл - ҳуўшым ҳайран еткен гөззаллар.

Ашықлықтың нақ жолына кең түсип,
Толқынланған гүл ишине енисип,
Ақ сийнеде қос әнары тең писип,
Бағ ишинде сайран еткен гөззаллар.

Мен пақырға ышқы мәйин ишкизип,
Мәс әйлетип қумар көзим сүзгизип,
Шынжырланған қара қулдай жүргизип,
Көз өңимде байрам еткен гөззаллар.

Анда бақсам шөлиркеген шөл болып,
Таңлайыма тиймес болса ҳөл болып,
Жан сезими тама - тама көл болып,
Жүрек - баўрым ўайран етер гөззаллар.

Сорлы Азат соры қайнап турғанда,
Аңы ушып анда мойнын бурғанда,
Бар дүньясын ҳәрне жүз мың әрманда,
Сырлы қурал - сайман еткен гөззаллар.

Сәл түрилип үлбирескен ләблерин,
Сүйгим келсе ақ қаймақтай жүзлерин,
Туў сыртынан ҳеш алдырмай көзлерим,
Ақыл - ҳуўшым ҳайран етер гөззаллар.

Саў басыма аўыр саўда салдырып,
Жилўасының жетегинде қалдырып,
Мен ғәрипти тамсандырып, талдырып,
Өз жолына сайран еткен гөззаллар.

Ҳүр ләззетли дүнья ишин бес етип,
Таң қалдырып және ерним тислетип,
Ғыршылдаған жаслығымды еслетип,
Қайтып келмес әрман болған гөззаллар.

Ая дослар, айтсам гәптиң шынысын,
Қуйынлатып көкирегимниң тынысын,
Назлы урлап кеўилимниң тынышын,
Ўаҳ - әй, әйўан - жәйўан еткен гөззаллар.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум. Г. Даулетованын Ана Тил хаккында косыгы бар болса таслап Бере аласызба?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Керекли қатарлар

Келдиң бе, әрманлы пәний дүньяға,
Азы кем дос тапқан жүдә ақылдур,
Гил ақмақ, күйдирги, самсаздан гөре,
Бул ҳалда тек жалғыз қалған мақулдур.

💥💥💥

Жалғыз қалыўыңда түрли себеп бар :
Бири елге жақпай шайтанды таныў,
Бири бул дүньядан болғанлар бийзар,
Бири дана болып шынлықта жаныў.

💥💥💥

Таяр тур, ҳәр неде ҳақлықты айтсаң,
Дослар тым - тырақай қашар жаныңнан,
Мәгар сен қолаңсып боқлықты айтсаң,
Көк шыбын нәр алар өлсең қаныңнан.

💥💥💥

Ҳеш ким сени тыңламаған жағдайда,
Сөзден тыйыл, үнсиз бол, өзиңе бақ,
Оңайлықта бола бермес дүньяда,
Ҳәмме жанлар мийўеси мол бир дарақ.

💥💥💥

Мәйли болсын, ҳинжи, мәржан я алмаз,
Ҳақтан өтип кимлер болады төре,
Дүньяны ҳеш кимсе өзгерте алмас,
Дүнья турар, сана болар әўере.

💥💥💥

Журт өсегин отқа аттым,
Жанды - сөнди самтықтай,
Түк пушайман жеместен дым,
Турдым зинҳар қамсықпай.

💥💥💥

Жасамақ дым мүшкил емес,
Биз қыламыз машақат,
Мәплер - дағыс, теке тирес,
Жанда терең жарақат.

💥💥💥

Түк пайда жоқ, жалтыр - жултыр сөзлерден,
Өзгертпесе бир адамның өмирин,
Аңшы мудам ет ғамында гөзлеген,
Жанан мысал қуралайдың өңирин.

💥💥💥

Ерли - зайып сүйер болса бир - бирин,
Сыры болсын жулдыз сыйған аспандай,
Жуўып - шайып турмаса кеўил кирин,
Турмыс болар келиспеген дәстандай.

💥💥💥

Ақшам тән қарысып, жан қарыспаса,
Бул ышқы ма, муҳаббат па, не өзи ?
Тайсалаған сол нәмәрттиң көп аса,
"Сүйдим, күйдим, өлдим" деген не сөзи?

💥💥💥

Ғайры елде қыйнар отлы сағыныш,
Туўған жериң мисли жипсиз бағыныш.
Мен Ўатанда жүрип оны сағындым,
Болсадағы өмирде мың қағыныс.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум! Досжанованын үй бұйым атамалары китабы бар ма

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Arqa hám qubla dialekttı sorap tur ma dedim , sarqum-shólmek,sozban-shelpek,balalar-baǵalar degendey

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Каракалпак тилинде шева жок.
Каракалпак тили оз алдына болек тил. Каракалпакша созлер хам гаплердин айтылыуыда хам жазылыуыда барлык жерде, барлык аймакларда бирдей.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Raxmet salamat bolıń !

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qaraqalpaqsha klaviatura taslap beresiz be, krillada jazatuǵın bir gruppadaǵ8lar sorap tur

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

/channel/qaraqalpaqsha_elektronkitaplar

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Хожабек Сейтов
(1917-2001)
#Бүгин туўылған күн
Хожабек Сейтов 1917-жылы 25-августта Тахтакөпир районының "Қарабуға" аўылында туўылған. Дәслеп баслаўыш мектепте муғалим, соңынан Төрткулдеги муғаллимлер институтын питкерип, оқыў бөлиминиң баслығы болады. Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, Жазыўшылар аўқамының баслығы, "Совет Қарақалпақстаны" газетасының бөлим баслығы ўазыйпасында, кейин ала дем алысқа шыққанға шекем Жазыўшылар аўқамында көркем әдебиятты нәсиятлаў бюросының баслығы лаўазымында иследи.Жазыўшы еки рет "Ҳурмет белгиси" ордени ҳәм бир неше медальлар, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң "Ҳурмет жарлық"лары менен сыйлықланған.1972-жылы "Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери",1991-жылы "Қарақалпақстан халық жазыўшысы" деген ҳурметли атақларға ийе болған.1943-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Шайырдың 1944-жылы "Бахытлы өмир", 1955-жылы "Гулленген аўыл", Таңламалы шығармалары 1977-жылы жарияланды.

👉@serikpirjanov👈

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

telefon ushın «Qq keyboard».

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bayanlawısh baǵınıńqılı qospa gáp tuwrali maǵluwmat barma?
Kim ızertlegenı tuwrali yáki?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

qollap-quwatlap ketseńiz

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Негизиңе қарап корин деген

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкумлер
Asling kabi ko'rin yoki ko'ringaning kabi bo'l
Дегенниң аудармасы қандай болады. Алдыннан рахмет

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykum.
Aralim daʼrtim meninʼ essesi barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әҳмийетли қатарлар

Меҳир көрмей өскен перзент кекшилдур,
Баўры қатса, жаман исте епшилдур,
Жан етиңнен болса төлиң күйдирги,
Өмир бойы әрманыңа кесирдур.

💥💥💥

Кимселер бар, ети жуқа тәсиршең,
Кимселер бар, бети қалың бөкпендей,
Кир кеўил бар, мың жуўсаң да ағармас,
Бир кеўил бар, периштени өпкендей.

💥💥💥

Болса кимдур үш қой бир сом мың саны,
Келешеги бүгингиниң қурбаны,
Тас мийтинлер өли менен теппе - тең,
Әйне ўақыт мың силейип турғаны.

💥💥💥

Пейлиң болып мысал аспан бара - бар,
Кең жәҳәнге тойып - тойып қарап ал,
Ертең бир күн буныдағы көрмейсең,
Жер астында жатқан жайың болып тар.

💥💥💥

Көралмасаң, келешек те гүманлы,
Бүгинги күн - ҳақыйқый күн барлықта,
Ал, өтмиштиң пайдасы аз, думанлы,
Андыз болып сарғайма муң зарлықта.

💥💥💥

Тәрбияты шийкил болса писпеген,
Қамлық исти перзентиңнен көре бер,
Мәгар болсаң бүгин шала ислеген,
Мың әўере - сарсаң болып жүре бер.

💥💥💥

Ҳәс қаўышып қушпағанша теңизин,
Асаў дәрья шоқ ағысын гидирмес,
Бирликли жаў көрмегенше жеңисин,
Қан майданда бир табан ҳәм шегинбес.

💥💥💥

Үй ишиниң аманлығын ойласаң,
Ҳақыйқатты айтар - айтпас боласаң,
Сағал менен бирге бәзим тойласаң,
Сағалларша бир устақан аларсаң.

💥💥💥

Өкирең қағып жуўырсаң да изинен,
Шыртын бузбас дүнья деген түксийип,
Түсинбесең қолай ҳалға келесең,
Жер астына кириў ушын бүкшийип.

💥💥💥

Болма зинҳар " Искендердиң шақы бар",
Бул күнлерден келешектиң ҳақы бар,
Ҳәр әўладты туратуғын мазалап,
Ялғаншының әттең... сондай жағы бар.

💥💥💥

Өзиң мәңгүр болсаң,
Елиң менен бол,
Елиң мәңгүр болса,
Көрсет ҳақлық жол.

💥💥💥

Елди, журтты ойлаған,
Заманың алтын,
Мүшкил иске қоймаған,
Сәрдарың алтын.

💥💥💥

Ғайры журттан енеғар,
Абзалдур салтың,
Өзлигиңди танытар,
Қәдирдан халқың.

💥💥💥

Елин сөккен елшиликке жарымас,
Елди сүйген аўыр жолда ҳарымас,
Аға - ини, дос - яраны беглиниң,
Туўысқанлық, дослық иси арылмас.

💥💥💥

Тыңламасаң даналардың үгитин,
Қатал тәғдир ийин ағаштай ийеди,
Ҳәр бир елде халқы сүйген жигитин,
Пүткил әлем ана киби сүйеди.

💥💥💥

Мен билемен, тынышы жоқ байларда,
Шүкирлиги әлле қашан сап болған,
Себеп олар тойымы жоқ жайларда,
Нәпси деген жалмаўызға тап болған.

💥💥💥

Дәмин татып дүнья - малды жалаған,
Дүнья десе, журтты ийттей талаған,
Қалыс исти үмит етпе, ондайлар,
Ҳәмме затты пулға шағып санаған.

💥💥💥

Шөлден сазып қулаған бир сайылдың,
Әрманы суў болып қумға жерленер,
Тис тырнақлап дүнья жыйған сум байдың,
Түслерине ширўан енер, зер енер.

💥💥💥

Саҳаўатлы байдың берекети мол,
Бақылларды тутар бир күн әжел қол,
Шын өмир ләззетин таўалмай кетер,
"Барса келмес" жерге тартылғанда жол.

💥💥💥

Дана жупты, ақыл перзент, кәсибим,
Денсаўлығым, тыныш елим - байлығым,
Тап соларсыз тиришилик өмирде,
Шадлы болып өтер мениң қай күним?


Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Nàjim Dawqaraev - Berdaq shayir

Читать полностью…
Subscribe to a channel