«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til
Ҳармаңдеген шаршамаң деген сөз емес пе,жумыс ислеп атырса ҳармадеп бақырамыз , шаршап қалма дегенимиз емес пе ?
Читать полностью…Азы - кем гүз толғанысы
Жыл қуслары әскердейин сапты дүзеп,
Жаз шегинип және тағы келди гүзек,
Атыз жүкли дийқанлардың мийнетинен,
Ҳүр тәбият ҳәр пасылға берген гезек.
Сыңғырлатып тилла шытақ, ҳәйкеллерин,
Талларға сырлатып ол алтын зерин,
Шүкирликте келди мине, гүз мәўсими,
Туўған жерге түскен мисли сулыў келин.
Көрген бар ма, тораңғыл ҳәм таллар серин,
Қызғыш, сары асынысқан теңгелерин,
Маңқыйысып, маўжырасқан көмкерилип,
Тап байлыққа толтырғандай еңселерин.
Ел рысқысы аңызларда қырман - қырман.
Қоңыр гүздиң "бол - ҳа, болын" аңлап турман,
Ызғар самал, желимик жел есседағы,
Тиришилик тоқтамаған урман - пурман.
Ҳәс писикте аўылларда зор мереке,
Тойлар қызар ҳәр иргеде, ҳәр деректе,
Баз шайырлар жүре берсин муң шағынып,
Сағыныштан сарғайдым деп ҳәр гүзекте.
Мениң ушын гүз пасылы - қуўанышым,
Тәбияттың ҳәр мәўсими - жубанышым.
Автор : Азат Даўышбаев
Бизнес чоршамаяпсизми деген сөзлер биздиң тилден емесқо
Читать полностью…1Kuplet taqmaq degenin' ozbekshesi qadayy boladı
Читать полностью…Бизнес "Харман" деймиз,"Чоршамаяпсизми" демеймизго
Читать полностью…Ассалау әлейким аға, қосық зор бирақ ишинде бир сөзлерди жатырқап турман. нешик, мәстана, сәрдар,
Читать полностью…Assalamu a'leykumler Бир күни түсте қаза қараўдан ҳарып келген Қэлийланы ол
қоңсы қостан тостаған сорап акелиўғе жумсаса "қаза қараўдан ҳарып"- qanday ma'niste kelgen?
#álipbe
📚 Qaraqalpaq álipbesiniń rawajlanıw basqıshların kanalımızda qoyılǵan mına postlar arqalı úyrene alasız:
1928-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
1932-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
1938-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
1940-jılǵı qaraqalpaq kirill álipbesi;
1957-jılǵı qaraqalpaq kirill álipbesi;
1994-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
1995-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
2009-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
2016-jılǵı qaraqalpaq latın álipbesi;
Kanallarımızǵa aǵza bolıń👇
📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚 @ana_tilim_qalqanim
📚 @qara_qalpaq_tili
Талабан болатуғын шығар. Бирақ, кандидат наук болса кандидат солайына қолланыла береди.
Читать полностью…ASSALAWMA ALEKUM BARSHEGE GULAYSHA ESEMURTOVANIŃ MINDA BIR KESHIRIM SHIǴARMASI BARMA
Читать полностью…Assalawma áleykum!
Qayır saxawat durıs pa yaki qayır xomlıq
🤩 Sizler ushın ájayip jańalıq
Antuan de-Sent Ekzyuperidiń “Kishken shahzada” kitabı qaraqalpaq tilinde baspadan shıqtı. Jaqın saatlar ishinde kitap haqqında tolıq maǵlıwmat berip ótemiz. Sonday-aq, kitaptıń bahası, onıń basqa kitaplardan abzallıq tárepleri haqqında aytıp ótemiz.
Kitaptıń ishinde onıń audio variantı da bar. Biypul tıńlaw imkaniyatı jaratılǵan.
Bul xabardı kitaptı jaqsı kóretuǵın doslarıńız hám jaqınlarıńızǵa jiberiwdi umıtpań. Eger kitaptı satıp alaman deseńiz ❤️ túymesin basıp ketiń.
Тилимиздеги көп сөзлерди билмейди екенбиз, еситипте көрмеген сөзлер көп екен.
Читать полностью…Хорезм шева деген китаплардан көриў керек оны қостан деген де бар,қаза қараў деген де бар ,сондай китаплар жоқ па екен ,өзбек тилиндеги түсиндирме сөзликлер жоқ па ,
Читать полностью…Қайтар дүнья
Қалыс етсең саўап исти,
Сарп етпе харамға күшти,
Ҳеш кимге қайрама тисти,
Өзиңе де қайрар дүнья,
Өйткени, бул қайтар дүнья.
Өзиңдикин етип жөнди,
Сыйламасаң жас үлкенди,
Турмыс көрсетип дәкеңди,
Сол лебизин айтар дүнья,
Себеби бул қайтар дүнья.
Жан қабартып көп зулымлық,
Кимге етсең сен дуғымлық,
Бир ҳақыйқат бар уғымлық :
Ол өз сөзин айтар дүнья,
Не ислесең, қайтар дүнья.
Қум қапсын деп жаман нағыз,
Биз ғой, бенде асығамыз,
Жәбир көрсек қамсығамыз,
Сен сабыр ет ести жыя,
Ҳәр кимсеге қайтар дүнья.
Жаман кеўли кетпес кирдей,
Ҳасыл өлсе, мысал дүрдей,
Жер менен көк еңиреп бирдей,
Жақсыларды жойтар дүнья,
Не ислесең, қайтар дүнья.
Жазадан тайсалып кимсе,
Масайрап ҳәңкийип жүрсе,
Бир күни ләҳәтке кирсе,
Әшкарасын айтар дүнья,
Түбинде ол қайтар дүнья.
Еркиңде бар таңлаў қолы :
Ҳақ жолы ҳәм шайтан жолы.
Болса өмир сынға толы,
Сол сынақта айтар дүнья,
Не әйлесең, қайтар дүнья.
Ата менен ҳәм анаңды,
Хор етсеңиз сондай жанды,
Бийқәдир атырып таңды,
Гүнаң менен шайқар дүнья,
Себеби бул қайтар дүнья.
Кәсип етпе жаманлықты,
Ғәниймет бил аманлықты,
Неден алсаң маманлықты,
Сол кәриңнен айтар дүнья,
Себеби бул қайтар дүнья.
"Жаманға өлим жоқ" дейди,
Бул гәп туўрыға келмейди,
Тәўбеге пурсат белгилейди,
Райдан қайтпаса ўаҳ, ая!
Оған да қайтарар дүнья.
Жақсы болсаң ҳасыл текли,
Дос көбейер дым керекли,
Жаман болсаң тикенекли,
Жаның тырнап айтар дүнья,
Себеби, бул қайтар дүнья.
Жер айланса тәкирар - тәкирар,
Онда да мол ҳикметлер бар.
Пейли кең бол я пейли тар,
Сол пейлиңнен айтар дүнья,
Себеби бул қайтар дүнья.
Автор : Азат Даўышбаев
Харып деп харезимшилер шаршауды айтады, харып турман, шаршап турман
Читать полностью…Ассалаума алейкум ҳәзирги дәуир жаңылтпашлары бойынша мағлыумат табылама
Читать полностью…Кандидатура болса талабан делинеди ,кандидат сол турысында аўтылап жүр,илим докторы
Читать полностью…Assalawma aleykum. Qaraqalpaq xalqınıń 1928- jılǵa shekemgi arab álipbesi, 1928-1940-jılǵı latın álipbesi, 1940-jılǵı krill álipbesi,1994-jılǵı latın álipbesi tabıladı ma?
Читать полностью…Ассалаўма алейкум устазлар
Кандидат каракалпак тилинде кандай болады
Қурбан болайын
Ўа яранлар, бир яр көрдим нешик ҳалымда,
Көксим алғаў - далғаў, қалай әндам болайын,
Сол яр дейип дәрья - дәрья кешип зарымда,
Липас ишре ҳүр мүснине ҳәмдам болайын.
Әўпәрийнлер болсын оны туўған анаға!
Ҳүсни - бағы уғрас келмес ақыл, санаға,
Мың қубылып ҳүр мәстана шықса далаға,
Аның ийбе, назларына қурбан болайын.
Шамси жүзи қамар өпип бақса бермаған,
Ышқы сәрдар оқ кирпиктен ләшкер жоллаған,
Қүдиретинде мен бийшара адайы тамам,
Мәрўарийд жуп көзлерине қурбан болайын.
Жуп бурымы көсиле түскен әжеп төсине,
Жигилдиктей түймелери кеткен исине,
Торсылдаған жемиси бар аппақ көксине,
Дийдин таўып қәдири бәлент мийман болайын.
Жетпис дүркин қыз болса да, бир - бир нәўбетли,
Тоты турыс, кийик жүрис, сәрўи қәўметли,
Гөззаллықтан енши алып жүрген әўметли,
Сол сәҳибдин қәдемине қурбан болайын.
Ғумша ләби, шекер палы тил үйиргендей,
Аны көрип жутқыншағым нық түйилгендей,
Кәпир көзим азып, ҳуўшым нақ шүйилгендей,
Солқым - солқым әлемине қурбан болайын.
Мен дүньяны қәреп еттим, гүл яр болмаса,
Та өлгенше қумар жүзли дийдар болмаса,
Мәйли, әжел жәҳәннемгедағы жолласа,
Тәнҳә гөззал жананларға қурбан болайын.
Сол дилбарым өли түнди жанлы әйлесе,
Ышқысында сап ҳөнерин сәнли әйлесе,
Ана ишре қайта туўған яңлы әйлесе,
Мың мантығып қушағында қурбан болайын.
Алып шығып қара таўдың қырлы тасына,
Гүнам болса, асың мени ярдың шашына,
Не саўдалар түсседағы мениң басыма,
Түк налынбай яр жолында қурбан болайын.
Автор : Азат Даўышбаев
Qayır-saqawat,qayırqom eki sóz de bar stillik tarepten ala beresiz kontekstke qarap.
Читать полностью…Assalawma aleykum
Muqaddes ba
Yaki muxaddes boladima
Awa,kóp sózler imıtılıp baratır birazı.kitaplarda kóp biraq,kitap oqıw kerek yad bop qaladı.
Читать полностью…Saw bol ,izin umıttım,bilgen jazar, dep bastı awırtpadım.
Читать полностью…