Kóp ele xalıqtıń tilinde ,jaslar ushin sawaplı is ,quwanamız sorasa ,xalqımızdıń ásirler dawamındaǵı sózlik qorı , izlengenińizge raxmet deymiz .
Читать полностью…Рахмет. Сөзликтен қалып кеткен сөзлерди усыныс етсе, жүдә жақсы болар еди. Сиз болып, биз болып, ҳәмме бирге ислесек сөзлигимиз байыр еди. Сол сөзликғо тилимизди сақлайтуғын.
Жаслар да белсенди болың!
Ана тилимиз туўралы қосық ядлап жүриңлер топар ағзалары байрам киятыр .ТВ журналистлери сораў берип қалыўы мүмкин .
Читать полностью…Ҳармаңдеген шаршамаң деген сөз емес пе,жумыс ислеп атырса ҳармадеп бақырамыз , шаршап қалма дегенимиз емес пе ?
Читать полностью…Азы - кем гүз толғанысы
Жыл қуслары әскердейин сапты дүзеп,
Жаз шегинип және тағы келди гүзек,
Атыз жүкли дийқанлардың мийнетинен,
Ҳүр тәбият ҳәр пасылға берген гезек.
Сыңғырлатып тилла шытақ, ҳәйкеллерин,
Талларға сырлатып ол алтын зерин,
Шүкирликте келди мине, гүз мәўсими,
Туўған жерге түскен мисли сулыў келин.
Көрген бар ма, тораңғыл ҳәм таллар серин,
Қызғыш, сары асынысқан теңгелерин,
Маңқыйысып, маўжырасқан көмкерилип,
Тап байлыққа толтырғандай еңселерин.
Ел рысқысы аңызларда қырман - қырман.
Қоңыр гүздиң "бол - ҳа, болын" аңлап турман,
Ызғар самал, желимик жел есседағы,
Тиришилик тоқтамаған урман - пурман.
Ҳәс писикте аўылларда зор мереке,
Тойлар қызар ҳәр иргеде, ҳәр деректе,
Баз шайырлар жүре берсин муң шағынып,
Сағыныштан сарғайдым деп ҳәр гүзекте.
Мениң ушын гүз пасылы - қуўанышым,
Тәбияттың ҳәр мәўсими - жубанышым.
Автор : Азат Даўышбаев
Jorǵa besiktegi náresteni uyqılatqanda oń hám shepke qol menen bagıt boylap shaqaǵanda jaǵdaylı bolıp uyqılawı ushın besiktiń tórt tuyaǵın eki -ekiden biriktirip turatuǵın jalpaytıp iymek etip islengen tómengi bólegi aytıladı.Ol tez shayqalıp besiktegi bala bası biyjayday bolmay jaqsı uyqılawında áhmiyetke iye.
Читать полностью…Тәрезиниң еки пәллесиндеги аўырлықты көрсетип туратуғын тилиниң атамасын да таба алмадық
Читать полностью…Arzımaydı.soraǵanlarǵa da raxmet eger qısqa etip jaz deseńiz taslayın túsinikli bolsın dep jazıp edim.
Читать полностью…Jorǵa dep besik shayaǵanda eń tómende iymek eki qaptalǵa,ońǵa-shepke qarap baǵıt boylap qıymıldap shayqalatuǵın bólegi bar,tórt tuyaǵınıń astına biriktirilgen jalpaq,iymeygen aǵashin aytadı,eki tuyaqtı biriktirip turadı,sol jaqsı jonılmsa besik larsıldap shayqaǵanda balaǵa biyjaǵday boladı,jaqsı birtegis shayqalsa jorǵası jaqsı eken deydi.
Читать полностью…Assalawma aleykum. Barliq temagʻa mas keletugʻin naqil maqal yamasa hikmetli soʻzler barma
Читать полностью…Assalawma áleykum I.Yusupovtiń Ana tilime qosiǵi barma bar bolsa taslap beriń otinish
Читать полностью…Assalawma áleykum.Shaxni tasdiqlovchi hujjat ma'lumotlari
qaraqalpaqshası Shaxstı tastıyıqlawshı hújjet maǵlıwmatları
bolama
қаза қараў, балық аўлағанда ма айтылмай ма, аң аўлаў ма қус пенен ,ертеклерде ме оқығандайман ?
Читать полностью…Хорезм шева деген китаплардан көриў керек оны қостан деген де бар,қаза қараў деген де бар ,сондай китаплар жоқ па екен ,өзбек тилиндеги түсиндирме сөзликлер жоқ па ,
Читать полностью…