qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

752

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalamu aleykum qattiqulaq manisin bilesizlerma aytip jiberinda

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aliykum Qaraqalpaqsha sheshenlik 10lagan gap soz kerk boldi biletinler bolsa ayta alasizba sroshni

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
- Мениңше, - деп Зарлық көп иркилип ҳәр сөзин салмақлап жуўап қайтарды. - Хан менен патшалардың тахты - халық, тажы - ләшкери, бас қуралы - мылтық-оқ-дәриси.
- Сонда халықтың тахты, тажы, бас қуралы не болар екен? - деди есикте турған үй ийеси.
Бундай сораў болмайды дегендей, оны унатпағанлық кейиплер көрсетилип ҳәмме биринши демге тым-тырыс қалып еди, үй сыртынан әлле ким үн қатты:
- Халықтың тахты - өнип-өскен жери, тажы - аспандағы қуяш, бас қуралы - бел, кетпени. Ханлардың бас қуралы халықтың исеними болыўы тийис.
Күтилмеген жуўап "аға бийшилерди" таңландырып, бәри бирден аға бийдиң не деўин күтти. Ол ойланбастан далаға даўыслады:
- Ким болсаң да, кир ишке.
Мухаммедкәрим кеширим сораў белгиси менен Аға бийге қыйылды:
- Мениң дийқаным еди. Атыма қарап турыў ушын ертип шыққанман. Өзиниң ретсиз сөйлеп салатуғын әдети бар.
- Аты ким?
- Билесиз ғой, жарлылар балларын жүдә көтермелеп ат қояды. Аты Бектөре. Кирмей-ақ қойсын.
- Муҳаммедкәримниң дийқанын билемиз, кирип кейпимизди қашырмасын, - деди есикке таман отырғанлардан бири.
Ерназар аға бий енди өжетлеспей сыртта даналық айтқан жигитти умытқан секилленди.
- Уллы аға бий, бир сораў, - деди Бектөрениң ишкерилеўин қәлемеген жигит. - Басшы қандай болыўы керек?
- Басшы бәрҳа бултыйып жүриўи керек, - деди үй ийеси нәўбет күтпей.
- Жоқ, кем сөзли болғаны дурыс, - деди Фазыл қазы. - Қол астындағылар менен көп араласа бермеўи де керек.
Ерназар оларды жақтырмаған кейип көрсетти:
- Басшы халқын сүйиўи, халқы ушын өлимнен де тайынбаўы керек.
- Аға бий, - деп үнсиз Мәдирейим омыраў көтерди. - Бәршеге ортақ бир сораў берсем мейли ме?
- Сора.
- Елдиң атақ-абыройын не көтереди?
Биразға шекем жым-жыртлық ҳүким сүрди де, бирден ҳәр ким ретсиз жуўап бериўге өтти:
- Байлық.
- Шайырлар...
- Жигитлер, парасат тутыңлар, - деди Ерназар аға бий. - Байлықты айтпаңлар, байлық бир ширик зәңги, бирде болмаса, бирде морт сынады. Елдиң атақ-абырайын көтеретуғын нәрсе илим-ҳикмети, даналығы.
- Оғада дурыс жуўап, - деди Фазыл.
Ерназар аға бий қазысының мақтаў сөзлерин қалай қабыл еткенин изсиз қалдырып:
- Генжемурат, енди нәўбет саған, - деди.
Генжемурат Ерназардың көп жыллардан бери сырлас жораларының бири. Оны Қумар аналық та унатады, сол ушын олардың үйине жийи-жийи келип туратуғын еди. Бир жола еле жасырақ гезинде әңгимеден әңгиме баслап, Айдос бабаның шаўқымлы көтерилисинен кейин ел арасы жым-жырт болып қалғанына кеўли толмай, "биз бир әўладтың көлеңкесинде жойтылып баратырған әўладпыз" деген еди. Бул Қумар аналықтың "аға бий"ди жаңартыўға қосымша бир қамшы да болды.
Соннан бери Қумар аналық оны әбден жақсы көреди. Ерназар оған көп исенеди. Өткен сапарда Генжемуратқа усы бүгинги зыяпатқа ахбаратшы болыў тапсырылған еди. Оған "аға бий" дүзилгели бул биринши тапсырма да еди. Ол қойнынан қуран шығарып, дизесиниң үстине қойды. Усылай етиў, барлық ахбаратшылар ушын әдет, сонда ол өтирик сөйлемейди. Бир аўыз өтирик сөз бәршени туўры жолдан адастыратуғыны да аға бийдиң шәртнамасына жазылған.
- Уллы Аға бий, дос-яранлар, - деп дизесиндеги қуранды қос қоллап услап маңлайына тийгизди де, орнына қайта қойып, хабарын баслады. - Өткен бир ай ишинде, елимиздиң ишки шараяты менен бирге қоңсы-қоба елатларда, имканияты барынша пүткил әлемде не болып атырғанын билиўди мақсет еттим. Мен дийдарласып сөйлескен жолаўшылардың, саўдагерлердиң, кәрўанлардың әңгимелерине қарағанда, пүткил әлем бир түрли шайпалыста турыпты.
"Аға бий"шилердиң көбиси Генжемураттан әлем ҳаққында хабар еситемиз деп ойламаған еди. Ерназар аға бийдиң өзи де таңланып айрықша дыққат пенен қулақ қойды. Сырттағылар да жым-жыртланып, ортада жанған жас жыңғылдың ысылдысы аз ғана билинип турды.
- Арқадағы қазақ ағайинлердиң ҳалы жүдә қыйын, - деди Генжемурат аз иркилистен соң. - Аўылларында күтә түсиниксиз урыс-қағыс бар. Бөкей ханлығында Исатай батыр менен шайыр Махамбеттиң басшылығында орыс төрелерине қарсы көтерилис жүрип атыр.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
15. 12

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Jana jil

Jana jil bayrami ne bul kim biler?
Barshe birew birewge jaqsiliq tiler
Saat tili on ekige kelgende
Jana jil kulimlep nishanin berer

Quwanamiz jane jilga jettik dep
Omir tekshesinen atlap ottik dep
Ma's shadli kulki aralas
Biraq oylamaymiz neden kettik dep

Insan omri bir jili otip baratir
Jasamaymiz basqa tuwlip bir asir
Mazmunli manili jasap oteyik
Qartayganda sol omir baxitqa tatir

Ata anam jasi otti jane bir jilga
Omir qaytpas almaysan ya satip pulga
Qudaydin jaratis jazigi sonday
Hamme oter tek qalar misali tulg'a

Usi jil akelsin tinish amanliq
Elim heshte kormesin hasla jamanliq
Sawga kerek emes elime menin
Amanshiliq sorar hamiyshe xaliq

J.Ajiniyazov 🌲✍

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жаңа жыл һаккында косык такмакларыңз барма

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Raxmet aga juda tasirli

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бири - биримизди жойтамыз етрең

Эй, инсан баласы, ғәплетте қалма,
Аманат дүньяға мәкириў қол салма,
Ҳақ бергенин бир күн қайтып аларда,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Ғәниймет өмирдиң бесигин таппай,
Бес ықлым сарайдың есигин таппай,
Мәңгилик демлердиң тетигин таппай,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Арамыздан қатар қурбы кеткенде,
Орнына жас әўлад келип жеткенде,
Бастан дәўран тайып ўақыт питкенде,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Әлле кимди күтип, жән - жаққа қарап,
Муң қаплаған көзден жаслар сорғалап,
Өксик кеўил қайларғадур жорғалап,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Ақшам көктен жулдыз ағып түскендей,
Ушқыны жанымды жағып түскендей,
Өмирдиң бир шетин қағып түскендей,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Кимдидур қаншама жаман көрсек те,
Желкемниң шуқыры көрсин десек те,
Ғәзеп отын жағып душпан билсек те,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Аспанда жарқ етип сөнген жасындай,
Моншақтың төгилген гәўҳар тасындай,
Келмеске жол алған жаслық паслындай,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Текедей тиресип жүрсек бир ўақта,
Қошқардай дүгисип гелле қойсақ та,
"Келмели - кетпели" сырлы соқпақта,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Саўдалар саўылып кәрўан базарда,
Ҳәр ким белли жолға рәўан болғанда,
Қулпы тасын сыйпап үнсиз мазарда,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Ашылған гүллерди қазан урғандай,
Шырт уйқыңда түслер көрип турғандай,
Қәдирдан достыңсыз атқан бир таңдай,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Ел туўған батырдың яды алтын деп,
"Жойтылған пышақтың сабы - алтын" деп,
Бизден разы болғай дана халқым деп,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Ишиң ғамға толып, қайғыға толып,
Жақсылардың бир - бир қәдирин шолып,
Басқан изин излеп, зер - зебил болып,
Бири - биримизди жойтамыз ертең,

Еки мәнзил ара, ўаҳ, әттеген - әй!
Шала қалған иске шыр - пыр болғандай,
Дүнья кеңлигинен таба алмай жай,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Тәғдир аяў билмес бир қамшы болып,
Саҳраларда қуўса ол аңшы болып,
Сонда шөл қойнында зер тамшы болып,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Эй, инсан баласы, ғәплетте қалма,
Аманат өмирге мәкириў қол салма,
Ҳақ бергенин бир күн қайтып аларда,
Бири - биримизди жойтамыз ертең.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сүмбиле(август) түссе суў суйыйды

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Mart-kórpe tósegińdi art-degen bar ,kóshiw tuwralı ma, duwpıyazlıq pa bilmefim

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Hut ayı tuwralı bar Hut-hut kelse jut dey me ,sonday ,biletuyınlar kóp

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Sawir bolmay tawir bolmas ( aprel )

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bir ursa Aqırapta uradı ,Aqırapta urmasa aqırette de urmaydı.Oktyabr ayın aytadı

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bul qus qaraqalpaqsha ''qamtish'' dep ataladi. Ol batbaqlarda, kollerde juredi. Bul qus uzin tumsigi menen tanilgan

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Gúrteshe ,sırmaq deydi eken

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

kóreyikizlep kitabı bar edi ,сабақлықларда көп еди ,Байыўлы туўралы, суўдағы қамыс тууралы , 'Шешен бала"бар еди .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Салем, Бахытлы. Усындай коркем шыгармалардан узинди бергенде номерлеп кеткениз, басын окыган адамга изин тауып окыу ансат болар еди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Байрағым

Дослық пенен бәрҳә белди буўынсам,
Кеңисликке шығар мениң ҳәр жағым,
Не шейитлер әрман еткен туўымсаң,
Желбиреген Қарақалпақ байрағым.

Әл Жайҳунның жағасына тигилген,
Боз Орданың басындағы айдарым,
Биздей болып қәдириңди ким билген?
Жан ишинде Қарақалпақ байрағым.

Ярым айдың қулағына илинген,
Бес жулдызлы, мерўерт таслы сырғалым,
Ҳеш ким сени айырмағай күниңнен,
Мақтанышым, Қарақалпақ байрағым.

Самал турса Байшубардың жалындай,
Толқынланып йош бересең маған дым,
Ата - бабам жағып кеткен жалындай,
Өре жанып желбирей бер, байрағым.

Сары, жасыл, аспандай көк нышаным,
Қарақалпақ кийген мен бир қырағың,
Сен мәңгиге жырлайтуғын дәстаным,
Әўладларға мийрас болған, байрағым.

Туў алыстан шүй төбеңди көргенде,
Бүлбил болып кетким келер сайрағым,
Қай жерде де халқым дейип жүргенде,
Күш бересең таўдай бийик байрағым.

Қарақалпақ ҳаўасынан туўылған,
Самал болып аймаласам, жан арым,
Ҳеш бир душпан болалмағай суўырған,
Жүрегиме шаншылған жан байрағым.

Мен жәҳәнге ел - журтымды танытып,
Турғым келер сени шыңға байлағым,
Бәлент руўҳта гимнимди жаңғыртып,
Сени бийик көтеремен, байрағым.

Бул Қарекең диз шөгеди алдыңда,
Ҳеш бир жаўға хор еткизбей аймағын,
Ҳәр тәрептен Қарақалпақ журтында,
Емин - еркин желбирей бер, байрағым.

Не ҳасыллар өнип - өскен елимде,
Қутлы болсын гүмбирлеген байрамың,
Киндик қаным тамып туўған жеримде,
Мәңги жасап желбирей бер, байрағым!

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жаңа жыл басындағы сезимлер

Гөззал жаңа жылдың дәслепки таңы,
Қутлы отаўлардан таралар жақты.
Буннан аңлаў мүмкин өмирдиң заңын,
Дөрелер ҳәр үйде адамзат бахты.

Демек, даўам ете береди өмир,
Қалмағай шаңарақ шырағы сөнип.
Жеттик жаңа жылға, Аллаға шүкир,
Қалдым бул өмирди дым жақсы көрип.

Быйыл өмир дәрьясына илайым,
Шашылғай шадлықтың уўылдырығы.
Өкшесин көтерип қайғы-уўайым,
Тилегим, болмағай кеўил сынығы!

Бейиштен шығыпты десер балықты,
Исенемиз болыўыңа жақсы жыл.
Қабыл болып нийетлери халықтың,
Сый ете бергейсең саўғаңды ҳасыл.

Дәрья бурқып ақсын жүзгендей балық,
Жыл болғайсаң күткеннен де зыяда.
Муҳаббат, берекет, несийбе, шадлық,
Болыўын тилеймен ҳәр бир уяда!

1-январь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сәлем саған,жаңа жыл

Аппақ аппақ қарларың,
Шадлы қосық сазларың,
Қозғап кеуил тарларын,
Сағындырған жаңа жыл.

Көринсе де алыста,
Уақыт тулпар шабыста
Жаңа бахыт табысқа ,
Талпындырған жаңа жыл.

Жасыл шыршаң мысалы,
Жаслық шақтың нышаны,
Аппақ қарлар ушады ,
Аппақ нурсаң,жаңа жыл!

Уқсап шыңлар басына,
Хәмме күтер асыға,
Бир жас қосып жасыңа,
Келди және жаңа жыл.!

Дәстурханлар ашылған,
Паяндозың хасылдан,
Сауғаң болсын мол-молдан,
Сәлем саған, жаңа жыл!

Алтынгүл Утениязова

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Костюм сози бешпент деп айтылатын шыгар, негизи ол бешпент хам шалбарды косып костюм делинеди. Бул соз шет тилинен кирген соз рус тилине. Пиджак деп устки жагын айтады. Бизлерде костюм шалбар деп айтады. Костюм еки затты билдиреди, егерде жакети бар болса тройка делинеди менинше.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Kastyum sozinin qaraqalpaqsha qanday boladi, aldinnan raxmet

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жерленгенде адамлардың шын дүри,
Қалайынша өлди дерсең, ол тири,
Ҳасыл инсан бул дүньядан қайтса да,
Даўам етер қәлбимизде өмири.

💥💥💥

Еки туўып келмек жоқты өмирге,
Инсанлар бар, иси татыр әсирге,
Мәгар олар кетсе де бул дүньядан,
Арамызда жасай берер мәңгиге.

💥💥💥

Алысларда жайласса ҳәм,
Жулдызлар жилўалы мудам,
Бул дүньяда жақсы адам,
Көз қыймастай бир миймандур.

💥💥💥

Мәзи келип - кеткенлер бар,
Өмирине түсинбессең,
Сондай жасап өткенлер бар,
Өлди десе исенбессең.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Vertuyal kitapxanadan soraysań azanǵı 9 da taslap berefi elektronnıydı ,Qaraqalpaq folklorı degen tom ,asıqpa taslap beredi.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tomdi qaydan tawamiz

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Sawir aprel ayı basqalar da jazadı naqıl-maqallar tomdı kór kóp

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Raxmet jane bilesizba 12 ayga jazip kelin dedi da

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ay atlarina naqil maqal bar ekengo kerek boldigo Kim biledi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ton dep dubliyunkini aytatugın shıǵar astarı ton bop turadı.tońbaysań .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

kurtka-sırımaq,,gúrte,gúrteshe
.N.A,Baskakovtıń "Russha-Qaraqalpaqsha sózlik"kitabı 1967-jılǵı basılım .

Читать полностью…
Subscribe to a channel