Дурыс, бурынғы адамлар көп айтатуғын еди, мениң өзимде бул сөздиң мәнисин жақында билдим.
Читать полностью…Әлимсақ-арабша сөз, алмисоқ ямаса аль-мисоқ деп оқылады. Исламда "алмисоқ бул барлық инсанлардың Аллаҳ талаға ийман келтирип берген ўәдесидур" делинеди. Ҳәдислерде Аллаҳ Адам атаны жерге түсирип, оның пуштынан ақыр заманға шекем туўылатуғын барлық инсанлардың руўхын шығарған ҳәм оларға "Мен сизлердиң рәббиңиз емеспенбе?" деп саўал берген. Сонда ҳәмме инсанлар еле олардың денелери жаратылмастан алдын "Аўа, Сен бизиң Рәббимизсең. Биз болсақ сениң бенделериңбиз" - деп ийман келтирген ҳәм Аллаҳқа қуллық қылыўға ўәде берген. Аллаҳ ҳәм инсанлар арасында болып өткен усы ўәделесиў "алмисоқ" деп айтылады. Инсанлар, өлгеннен кейин ол дүньяда "Қашаннан бери мусылмансаң?"- деп соралғанда "алмисоқтан бери"- деп жуўап бериўи усы ўәделесиўди нәзерде тутады.
Читать полностью…Қәйтип жасамақты үйретпе маған
Мен саған айтайын гәпти нақма - нақ,
Инимсең бе, қатарсаң ба я ағам?
Қыялыңа иплас ойларды сақлап,
Қәйтип жасамақты үйретпе маған.
Жалғаның өтирик пе?!.. Әлбетте, ырас.
Билип қой, жан елим зар емес саған,
Оннанша өзиңди жөнлеп ал бираз,
Қәйтип жасамақты үйретпей маған.
Өзиңнен "зор" шықса, жырпаң етесең,
Әззини хорлайсаң, демек, "ноль" баҳаң.
Эй, надан, тәлимсип ҳәлек болып сен,
Қәйтип жасамақты үйретпе маған.
Қой терисин кийген қасқырдай болып,
Тыңшылық етесең, жансыз, оңбаған!
Өзиңди "Ақ хожа ақлығы" қылып,
Қәйтип жасамақты үйретпе маған.
Сен - жалған абройдың тегин қулысаң,
Ҳарам пулды қолың жалмап қармаған.
Суў жуқпас жуўҳадай болып урынсаң,
Бир тийин ақылды үйретпе маған.
Ақылың түртип турса, ағын суўға айт,
Ең бир мақул жолы - усыдур саған.
Соқыр соңына бақ, бул жоллардан қайт,
Ақыл үйреткенше алымсып маған.
"Өзи басқа, сөзи басқа" сен, самсаз,
Билип қой, жан халқым зар емес саған.
Оннанша өзиңди жөнлеп ал бираз,
Қәйтип жасамақты үйретпей маған.
Сендейлерди талай көрген бул заман,
Кийгениң бир кепин болар, жоқ жағаң.
Тозғын бул "дүньяңда" шалқып эй, надан,
Қәйтип жасамақты үйретпе маған.
Автор : Азат Даўышбаев
Жортақ - аттың жүриси.
Жорға бар жерде жортақ бар,
Батыр бар жерде қорқақ бар (Т.Жумамуратов).
Жортақ дегенди еситпедим. Жортыў дегеннен алынған шығар. Жормал деген бар. Тегис жортып жүретугын атты айтады. Жорға деген бар тегис шабатугын ат
Читать полностью…Àljuwaz dep Ata zamannan degendi aytatugʻin edime
Hòl degen izgʻar Gaÿbar iri Aybatli
Jortaq uyalshaq ediaw sonsin qolgʻa uyrenbeytigʻin atlar
"Xalıq aralıq arab tili kúni"
18-dekabr "Xalıq aralıq arab tili kúni"
1. Dаd tili. Sebebi ol dаd háribi bar dúnyada birden-bir til sıpatında ajıralıp turadı.
2. 14 ásirden berli ózgermeydi hám aylanıstan shiqpaydı
3. 422 millionnan artıq adamlar arab tilinde sóylesedi
4. Arab tilindegi sózler sanı 12302912, inglis tilindegi sózler sanınan 25 ese kóp.
5. Arab tili 16 mıń leksikalıq tiykarga iye, latın tilinde tek ǵana 700 leksikalıq tiykar bar.
6. Basqa tiller de arab háripleri menen jazıladı: kurd tili, malay tili, buringi túrk tili hám parsı tilleri sıyaqlı.
7. Arab mámleketleri jámiyetin quraytuģın 22 mámlekettiń rásmiy tili.
8. 2016-jildan dúnyada eń kóp tarqalgan besinshi til.
Николай Александрович Баскаковтың қарақалпақша орысша сөзлигин қайдан тапсақ болады
Читать полностью…Shımshıtırıq degen bıjnaǵan dep kózge kórinetuǵın zattı aytsa túsinde sh8mshıtırıq bir bálelerdi kórdi deydi túsiniksiz nárselerdiń eleslewi ,shımshıtırıq sansız birneshe degendi de ańlatadı .Degen menen Qaraqalpaq tiliniń túsinfirme sózligin izlep kór elektron variantın kóp mısallar menen túsindirip beredi ,qollanba sol sizler ushın islengen miynet
Читать полностью…Диний мәселе ҳәм сөзлерде ғабырыспаған жөн. Сәл жерде өзимиз билместен гүнә қылып қойыўымыз мүмкин. Сол себепли усы түсиндирмени диний дереклерден алып, илажы барынша толығырақ жазыўға ҳәрекет қылдым
Читать полностью…Ǵabırısqan shıǵarsız zıyanı joq ,qaraqalpaq tili bay til , sózlik dúzgenlerge de raxmet deymiz,umıtpayıq desek te geyde eske túspey qaladı,sol gezde dım kerek .
Читать полностью…Әлимсақ деген бар ,атамзаманнан киятыр дегенде айтады ,әлимсақтан берли кийип жүр ,әлимсақтан берли бар дейди,әлимсақ деген де бир өз алдына аңыздан келип шыккан. сөз
Читать полностью…#ТИЛ_СӨЗ_ӨНЕРИ_ҲАҚҚЫНДАҒЫ_НАҚЫЛ_МАҚАЛЛАР.
Бөдене болса яғ болсын,
Көргенниң бағры дағ болсын.
Шешенликтен пайда жоқ,
Маңлайда еки ели бағ болсын.
Гәп ебин тапса,
Мал жибин табады.
Көп сөздин азы жақсы,
Аз сөздиң де сазы жақсы.
Айтыста атаңды жық,
Мингесте үйине қайт.
Шийрин-шекер сөйлемекти,
Таңлайда тил келтирер.
Сол сөзлердиң намасын,
Бес бармақты қол келтирер.
Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
👉/channel/karanakilmakal
/channel/karanakilmakal
Бар дейди баллар менде түп нусқасы бар бирақ балларым соны көрипиеди сатып тур деди орыс қаланы көр китап көп бооады керекли ол жерлерде
Читать полностью…Zor usı sheshenlik sózler Jiyrensheniń ,astarlı etip berilgen qaraqalpaqtıń eki sóziniń biri lap degenindey ,góne tam haqqında da bar ,bayıwlılar sóylesedi 😊
Читать полностью…