qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

752

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалам, Жаңа жыл, сәлем, алтын таң

Ассалам, Жаңа жыл, сәлем, алтын таң,
Бул демде өзиңе шүкирлик мың сан,
Сен болып оянып және сәҳәрде,
Жулдызлы әрманға талпынар инсан.

Талпынар, және де қулшынып ары,
Жолға рәўан болып турмыс атлары,
Еки өткел ара тоқсаўылынан,
Өмир қулдырайды бәйгиде тағы.

Қулдырайды өмир жаңа мәнзилге,
Жаңа жылда атқан январь таңындай,
Үмит бел байлайды ушқынлап бирге,
Лаўлап өршелескен пәтли жалындай.

Сонда нық оятып қырларды, дүзди,
Уллы идеялар шақырар бизди,
Бийик ҳүрмет пенен бас ийип оған,
Пүткил бағышлаймыз жан, тәнимизди.

Бағышлаймыз, туўлы отаўлар тигип,
Еле сүрилмеген қыялға шүмип,
Сонда ҳүр гөззалдай бир қыя бағып,
Шаршы былғап турар әжайып үмит...

Ассалам, Жаңа жыл, хош келдиң бизге!
Гүл питсин идиралды қәдемиңизге.
Жайҳун жағасында, алтын жағыста,
Төрден орын бердик, мәрҳәмат сизге!

Елдиң зор дәстүрин алдыңа жайып,
Мезбаның болайын сондай әжайып!
Жан халқыма нендей атағаның бар?!
Не болса да, бизге болғай ылайық.

Дейип, ҳасыл жанлар әбден салып сер,
Болса ығбал жолға режелер дүзер,
Мен де сол сапарда тынбай жортаман,
Өмир соқпағына мөҳирлеп излер.

Айдын келешек деп, асылғаным - шың,
Хош бол, кеткен жылым, хош бол, өтмишим!
Енди елес болып бир көринерсең,
Базда қыйнағанда бул өкинишим.

Гүзде жапырақ төгип тал шақалары,
Нәўбәҳәрде тағы бөртик жарады,
Келерге - бир нәўбет, кетерге - ҳүрмет,
Өмир сөйтип, зуўлап өтип барады.

Бирақ, тәй - тәй басқан бөбекти көрип,
Дым жасағым келер жүзинен өпип,
Тән - жанымда барын, шүкирим! - дейип,
Оған берсем деймен бағрымды сөтип.

Ўа, Жаңа жыл, сенде ҳикметлер толғай,
Жаслар бизлерден де бахытлы болғай.
Инсан қәдири тиллә, зер тажын кийип,
Қәдди көкке жеткен тахытлы болғай.

Ассалам, Жаңа жыл, сәлем, алтын таң!
Бул демде өзиңе шүкирлик мың сан,
Сен болып оянып және сәҳәрде,
Жулдызлы әрманға талпынар инсан.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалама Алейкум! Жана жыл менен кирип келген хамменизге?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawmi aleykim esik qagip kirip kiyatirgan 2025 jil bayramlariniz benen

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Кадирданларым, хамменизге кирип кийатырган 2025-жыл усындай калаларга барыу насип етсин!

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Итибарыныз ушын көп рахмет. Сау саламат болыныз! Жана жыл байрамы кутлы болсын! 🙏🙏🙏

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаўму әллейкум халқым Киятырған жыл бәршемизге мүбәрек жыл болсын Елимиз тыныш болсын бәршеңизге қут -берекет дәстурханымыз мол болсын үйлериңизден берекет кетпесин Сондай ақ ертең 1-январь Ражаб айының биринши күни менен бәршеңизди қутлықлайман не нийет еткен болсаңыз бәршесине ерискейсиз денсаулығыңыз мықлы мол ырысқы несийбе сизлерди хешқашан тәрк етпесин !-ҳүрмет пенен Элеонора💐💐💐💐💐💐💐💐🎁🎄🎄🐍🐍🐍🙋⛄⛄⛄📢📢📢📢

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Султанбайдың өлими

Үлкен бол я киши бол,
Тәрбияға узат қол

Азат Даўышбаев

Даўлет алып истиң қолайын,
Ийлеп, қарып байлық ылайын,
Зерден ойып қатырып салды,
Даңғырлама алтын сарайын.

Оның баслы иси, талабы,
Шет ел менен саўда қылады,
Кийим - кеншек фабрика ашып,
Экспортқа көп өним салады.

Қарамында молай адам бар,
Қолда гүрлеп турған заман бар,
Есабына долларлар ағып,
Бурқып атқан теңсиз шама бар.

Өсиргени еки ул болды,
Қалтасында буўат пул болды,
Алдында зыр жуўырып жүрген,
Хызметинде ийик қул болды.

Бир улының аты Султанбай,
Ҳал - дәрманы нешик сайма - сай,
Екиншиси исми Искендер,
Бийикке асылған қайнақай.

Кербаз шығып Дәўлет ҳаялы,
Байлыққа тоймады қыялы,
Сиресинен бир басып жүрди,
Қәнәәттей уллы дүньяны.

Бас - басына зор машын минди,
Дәрўазасын бес жерден илди,
Ол да аздай ешектей ийти,
Айбат шегип ҳәр кимге үрди.

Даўлет деди : Жаным, балларым,
Менсиз нешик сизиң ҳалларың,
Шалқып жасаўыңа арналған,
Сизлер ушын қолда барларым.

Бул көкиректи әбден өсириң,
Байлық десе қоймай үсигин,
Жыйып - терип, ҳәз етип жасаң,
Ең қаймақлы күниңиз - бүгин.

Деп ол, сондай тәрбия берди,
Қол ушын тийгизип шертпеди.
Әкем бар да - арқам тамда деп,
Еки улы кемлик көрмеди.

Искендери ис билген болды,
Әке жолын нық илген болды,
Темир - бетон заводын ашып,
Мол пайдаға узатты қолды.

Ал, Султанбай болды исжақпас,
Искендердей ықласы ақпас,
Әке жыйған байлықтан бөтен,
Дүнья - малға ҳеш қарап бақпас.

Оның ойы : Бәри ешейин,
Әкем бар ғой, ислеп нетейин,
Тегин байлық сыбағасында,
Шалқып ғана жасап кетейин.

Деп жүрип ол, арттырды жора,
Пайдакүнем, нийети қара,
Сары шөптей бағларда өскен,
Жора емес қып - қызыл сора.

Султанбайды етип сүйретки,
"Жананға" барыўды үйретти,
Түнги клубты мол - молдан саўып,
Ишти, жеди буған төлетти.

Қай жерде болса шағал мәслик,
Ишип, жеў, жанан қушыў, ҳәзлик...
Бул қыңырлық аздай жорасы,
Наркоға да үйретти пәслик.

Бирақ, буны ана сезгендей,
Не бар бунда көше гезгендей?
Деп, гүманлы көз - қарас қылды,
Баласына бирден билдирмей.

Ебин таўып Даўлетине ол :
Жан ағасы, мудам серли бол,
Бул Султанбай өзгерип жүр ғой,
Жора тәреп тез - тез салып жол.

Деген ўақта, эй, надан қатын,
Тергей берип олмеди жатың,
Тек болғаны мәзи үлкейген,
Көрмейсең бе, баланың атын?

Не себеп мен Султанбай қойдым?
Үйленген соң түрин де тойдың,
Жети журтқа ҳаўаза етип,
Даңғырлатып беремен ғой, дым.

Қой, ойлама, шабазым, оны,
Шалқый берсин тежеме соны,
Өтиў дәўри басында аның,
Жөнге түсер, тоқтат сен, болды!

Деп, өзинше Дәўлет үстиртин,
Ойлағанын сезбеди бүгин,
Генжетайы даўам әйледи,
Кәйпи сапаның ең зор түрин...

Бул ўақыяны созыў не керек,
Тоқ етерин нақ айтыў керек,
Арадан бир неше ай өтип,
Султанбайдан тоқтады жүрек.

Тоқтағаны тап былай болды:
Аңылып жүрип жасырын жолды,
Ширкин, ҳайўан жорасы менен,
Наркоға көп муптала болды.

Баста аз - аз үйретип тәнди,
Соң муғдарын асырды, жанды,
Отыра қалып үлкен дозаға,
Сылқ етти де есинен танды.

Сол қулаўдан қайтып турмады,
Ессиз жүрек дүк - дүк урмады,
Ата - ана боз боран еңиреп,
Өкиништен саўа таппады.

Солқ - солқ етип жылады - аў, әке,
Пәрияд шекти зар қағып шеше,
Қазан урып қыршынлай кетти,
Жан баласы саў жүрген кеше.

Неге ғана байлық топладым?!
Неге серли болып бақпадым?!
Журт ишинде аброй тапқандай,
Әкеликке дым жарамадым.

Айтып едиң, шабазым, тағы,
Тыңламадым мен сенидағы,
Тәрбияның бас жибин шешкен,
Үлкен қәтем бул мениңдағы.

Әдира қалсын меннен төрт түлик,
Айралық жанға салды бүлик,
Обалым жоқ, не арттырдым мен,
Дүнья - мал деп сабылып жүрип.

Ўаҳ, Султаным, кешир сен мени,
Дым еркиңе жиберген сени,
Ақмақ әке өзим боламан,
Кешир, кешир, Султаным, мени!

Шашын жулып Султан анасы,
Батсын деди байлық қарасы,
Ақылымды неге алмадың,
Ақыйры не болды, ағасы?

Гүлдей ғана улдан айрылдық,
Мүсийбеттен ишлей майрылдық,
Жуп қанаттың биреўи сынып,
Мәңгиликке ушпай қайрылдық.

Деп, екеўи маңлайға урды,
Әлем - әлем пушайман қылды,
Айралықтың бәндиргисине,
Келди, изге таслап көп жылды.

Аспан, жулдыз, қуяш, ай ҳәм жер,
Бәрше барлық буған салып сер,
Бас айыпкер сизлер дегендей,
Ҳүжданы да қоймады бетер.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

#Қутлықлаў
#Жаңа_жыл
#2025_жыл

Ассалаўма алейкум ҳүрметли заманласлар!
Бәршеңизди санаўлы пурсатлардан соң үлкемизге кирип келетуғын жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман!
Илайым, жаңа жыл мол ырысқы-несийбели, қут-берекетли, табыслы, жетискенликлерге толы жақсы жыл болып келгей! Өтип баратырған 2024-жылда орынланбаған арзыў-нийетлериңиз жаңа 2025-жылда иске аса бергей!
Жаңа жыл өмириңизге гөззал, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлерди инам еткей!
Нәўпир дәрьямыз суўға, дастурханларымыз нанға, кеўиллеримиз нурға толы болғай!
Жыллар бизге устазлық етип, өмир ҳаққында тыянақлы сабақ берип, көзқарасларымыздың, инсаныйлық пазыйлетлеримиздиң жетилисиўинде салмақлы орын ийелейди. Сонлықтан да, жыллардан шексиз миннетдармыз.
Жыллардан жылларға, байрамнан байрамларға баўыры пүтинликте, аман-есенликте жетип жүре бергейсиз!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Назыгүл кемпир ҳәм Сәмендер ғарры

Назыгүл кемпирдиң ығын,
Шалған Сәмендер ғарры,
Аўзындағы нық тығын,
Ушып шықты ол ары.

Әй, Назыгүл, Назыгүл,
Мегзер саған базы гүл,
Садаға кетсин кеўлиңниң,
Бәҳәри, қысы, жазы - гүл.

Айнанайын, кемпиржан,
Гүжип кетти отырыспаң,
Бир аўыз жөн сөз айтсам,
Қутырмасын "тырыспаң".

Қой, сен, енди бул жаста,
Кемпир гештек дегенди,
Оннан гөре зил басқан,
Қағып жибер желкемди.

Ҳәр дайым деп шақырықты,
Қарай тур деп маған сен,
Бала - бақша, ақлықты,
Тапсырасаң, кетесең.

Ҳаў, мениң де бул жаным...
Дей бергенде гәп соңын,
Қуў жағынан от жанып,
Кести кемпир нықлап дым.

Әй, алжыған, ғаррөш - әй,
Отыр, қәне, жөниңе,
Лапылдама, сен, өш - әй,
Қарсы келме өриме.

Кемпир гештек болса не?
Алдыңдағын жедим бе?
Ақлық бағыў бул гәп пе?
Саған бир зат дедим бе?

Өкимет берген пенсия ғой,
Сеннен бир пул алдым ба?
Кемпир гештек - касса ғой,
Өширетим бар алдымда.

Тап бүгин сол, барғаным.
Келин ўәжи қаяқта?
Не бопты қарығаным?
Күш бар, еле аяқта.

Деп, Наз кемпир жулқынып,
Келин косметикасын,
Таўып алып, булқынып,
Жақты аз - кем пудрасын.

Қалталанған жүзине,
Басып алып пудраны,
Қаязыған ернине,
Сүртип сәл - кем губнаны.

Басына шалып айдынлы,
Қыя таслап жегдени,
Болайын деп ай сынлы,
Сазлады дал беденди.

Ал, Сәментай, ғаррөшим,
Отыра бер, үй қорып,
Кеттим кемпир гештекке,
Бәрин жақсыға жорып.

Әл қысса, ол гештекте,
Бола қалып бийжағдай,
Кемпир шығып бир шетке,
Қасына кетти шыдамай.

Тула беден жыбырлап,
Шымалай өрип атқандай,
Тынбай қыбыр - қыбырлап,
Нервке ийне батқандай.

Отырыспаға сайма - сай,
Ҳеш берекет таппады,
Маза қуртқан бул жағдай,
Назыгүлге жақпады.

Ғырра қайтып үйине,
Ғаррөшине жарылды,
Әшекөйли күйинен,
Бир майданда арылды.

Бөртип кетип қызыл бет,
Помидордай исинип,
Кемпир қалды мөнтеңлеп,
Баяғы пәти киширип.

Қурсын, ғарры, Сәментай,
Өжетлесип саған мен,
Сүртип едим бетиме,
Келинимниң ўәжинен.

Соннан келди ҳәр бәле,
Жақпады ма, етиме,
Себеп болып солгене,
Бөртик шықты бетиме.

Деп, шырылдап турғанда,
Сәмен ғарры мырс күлип :
Садаға кетсин ялғанда,
Қартайғанда не бүлик?!

Шабазым, шал пишимде,
Пәмлеп көпли - азыңды,
Кемпир көйлек ишинде,
Қояғойсеш назыңды.

Меннен басқа ғаррының,
Саған көзи уша ма?
Ашып кетти қарыным,
Шыж - быж етши, қайтама.

Деген ўақта, қыйылып,
Ғарры буўғанда белди,
Кемпир еси жыйылып,
Сүйип алғысы келди.

Усындай ҳәдийсе де,
Болып турар, таң емес,
Кемпир көйлек кийсе де,
Кеўил ғарры жан емес.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сын дүзелмей, мин дүзелмес

Егер әдил сыншы болса,
Тырнақ асты кир излемес,
Ҳәр исте кемшилик толса,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Жазылғанда қосық, дәстан,
Мақсети дослық болмастан,
Қызыл ҳийле араласқан,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Пикир айтса дым тынбастан,
"Бир ноқатқа" әзел бастан,
Тас кенедей боп жабысқан,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Әдебиятқа ел излеген,
Жас талантты мың, жүзлеген,
Жүр, достым, деп киргизбеген,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Өзи терис ағып турған,
Шаян киби шағып турған,
Гиртиң илип қағып турған,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

"Қалаўын тапсаң, қар жанар",
"Жүйсиз урсаң, балта сынар",
Жөнли сөзге нендей гәп бар,
Сын дүзелсе, мин көбеймес.

Өзге жолды соқпақ деген,
Өз соқпағын жол деп билген,
Тәкаббырсып төс кернеген,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Шеңгелдиң тек гүлин көрген,
Гүлдиң тек тикенин билген,
Орын алсам деген төрден,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Жақсы сында өсип - өнер,
Жаман сында ҳарып өлер,
Халықшыл сын бул да - ҳөнер,
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

"Мақул гәпке мал мөңирейди",
Ҳәрре сүймес пал көрмейди,
Халқым мениң сондай дейди :
Сын дүзелмей, мин дүзелмес.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қайра мени, өмирим

Қайра мени, өмирим,
Сондай өткир болайын,
Наҳақлықтың ҳәр бирин,
Тилким - тилким қылайын.

Қайра мени, өмирим,
Қайраўдан от болайын,
Музлаған бос жүректе,
Қайнап, тасып толайын.

Сабырлы ет, сен мени,
Өтинемен ҳәр дайым,
Қолдан келсе, мен сениң,
Мүддәҳәңди табайын.

Шынын айтсам, аўлақпан,
Жалған даңқ ҳәм атақтан,
Ой жуўыртып узықтан,
Сүўретиңди салайын.

Жиптей есилген жүз рет,
Өмир, мени шыйрақ ет,
Сеннен алып күш - қүдирет,
Ғәплет тобын жарайын.

Тентек киби өр, қырға,
Алапаға шаптырма,
Егер исим насырға,
Шапса, жөнин табайын.

Селтең етпесе сөзим,
Мени жулқып сен өзиң,
Йош бериўде жуп көзиң,
Жумылмағай ҳәр дайым.

Мен нетейин журтлардың,
Ғыйбат деген қуртларын,
Алтын таңда қуслардың,
Жуғырлысын тыңлайын.

Өмирим, мени сезгир ет,
Бар зейнимди көзгир ет,
Сени жырлап, қәбилет,
Таўып, иске салайын.

Ийзеўге сен шеберсең.
Нени қәлеп, егер сен,
Сыбағама не берсең,
Шүкир етип алайын.

Гөззал болып көзиме,
Ашық әйле өзиңе,
Журт исенип сөзиме,
Ел қәлбине барайын.

Барып сениң соңыңнан,
Жүрсем түрли жолыңнан,
Қәлемлерим қолымнан,
Ҳеш түспегей иләйым.

Зуўлап өтсе жыл ҳәм ай,
Нәкасларға қарамай,
Өз атыма сайма - сай,
Азат болып қалайын.

Елдиң дийдин табыўға,
Намысына шабыўға,
Тынбай ат сабылтыўға,
Йошландыр сен ҳәр дайым.

Өзиң маған Бердақ бол,
Аязий боп узат қол,
Ҳикметли ҳәм дана жол,
Тек өзиңнен табайын.

Әрманым сол : халқыма,
Қосық жазсам ҳағынан,
Әдебияттың бағына,
Сениң менен барайын.

Устаз болсаң қуба - қуп,
Тапсырмаңды уғайын,
Еки қойсаң көп оқып,
Бес баҳаңды алайын.

Сайра, мениң өмирим,
Сайраўыңа қарайын,
Қулшынғандай өспирим,
Сеннен илҳәм алайын.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Усындай Payme ге киресиз.
Шоу Х-Фактор басасыз.
Иляс Карамадиновқа басып
10 ға шекем + қосасыз.
даўыс бериў бийпул.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Карлин ашылдыма жане

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ҳәммеге сәлем!
Бир платформаның (ҳәммеге белгили) қарақалпақ тилине локализациясын дерлик жуўмақладық. Буннан тысқары, және бир машақатлы жумыстың нәтийжесин жақын арада жәриялаймыз.
Бизди бақлаўды даўам етиң!

————————————————-

🇷🇺 Всем привет!
Мы почти закончили локализацию одной платформы на каракалпакский язык. Кроме того, скоро объявим результаты ещё одной сложной работы.
Продолжайте следить за нами!

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаўма әлейкум.

Кекеш, кәкир туўралы не дейсиз?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

2025-жыл - Мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы деп атама берилди.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ҳүрметли Ўатанласлар!
Бәршеңизди жаңа 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман! Илайым, жаңа жыл ҳәр бириңиздиң өмириңизге мазмунлы ўақыялары, қуўанышлы ҳәм бахытлы мәўритлери менен кирип келсин!

@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

🤩 2024-jılı biz hám barlıq kitapqumarlar ushın áwmetli keldi

➖ Atap aytqanda, “Plato books”, “Booky” JShJ hám “Aydınlar” joybarı tárepinen dúnya kóleminde bestsellerge aylanǵan francuz jazıwshısı Antuan de-Sent Ekzyuperidiń “Kishkene shahzada” kitabınıń qaraqalpaq tilindegi awdarması 2000 nusqada baspadan shıǵarıldı hám usı jıldıń 23-noyabr kúni Jaslar orayında jańa kitaptıń prezentaciyası ótkerildi.

➖Sonday-aq, Qaraqalpaqstan xalıq jazıwshısı, Berdaq atındaǵı mámleketlik sıylıqtıń laureatı Karamatdin Sultanovtıń “Ájiniyaz” romanı sońǵı zamanagóy dizaynde qayta baspadan shıqtı. Bunnan tısqarı, joqarıdaǵı kitaplardıń audio variantların telefonıńız arqalı skaner etip biypul tıńlawıńız múmkin.

2025-jılı sizler ushın jańalıqlarımız hám rejelerimiz júdá kóp. Bunday iygilikli islerdi tek ǵana siziń qollap-quwatlawıńız benen ámelge asıra alamız. Sonlıqtan, tómendegi kommentariya bólimine pikir hám usınıslarıńızdı jazıp qaldırsańız. Siz kóbirek qaysı dóretiwshiniń (shayır, jazıwshı) kitapların súyip oqıysız? 2025-jılı qaysı kitaptıń baspadan shıǵıwın qáleysiz?

Bizdi baqlap barıwdı dawam etiń👇
Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ҳәммени кирип киятырған 2025 жыл менен қутлықлайман жумысларыңызда табыс
Шаңарағыңызға аманлық тынышлық
Перзентлериңиздиң алдында саў аман болғайсыз
Ҳүрмет пенен Замир Жуманазаров Нөкис районы

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Тәрбиялық әҳмийети жүдә күшли, әттең, усындай жолдан қайтыўы дәркар адамлар бундай шығармаларды оқымайды, оқыўға еринеди я писент етпейди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бетер қысып әбден тергеди,
Жерден алып және жерледи,
Балам, бизлер тири жүрсек те,
Өлгеннен кем болмадық деди.

Султанның ағасы Искендер,
Оның да көкиреги болып жер,
Ағалықты бежермедим деп,
Олдағы зар - зар жылап еңирер.

Қыйқаңлықты баслаған жора,
Сары шөптей қып - қызыл сора,
Желкесине көп жылды алып,
Түрмеге қамалды жүз қара.

Әне дослар, буның аржағын,
Билип алың, ҳағын, наҳағын,
Жуўапсыз қалмастай өмирде,
Ҳәр нәрсеге ҳикметтей бағың.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әзийз Ўатанласлар, қәдирдан дослар, туўысқан, ағайин, қурбы - қурдаслар, нураный жас уллы, әжайып жаслар, Сизлерди асығыслық пенен есик қағып кирип киятырған жаңа, 2025 - жыл менен шын қәлбимнен қутлықлайман! Илайым, Жаңа жыл ҳәммемизге тынышлық, татыўлық, еллер ара қут берекет туқымын шашқан жыл болсын. Елимизде ҳәр бир шаңарақтың денсаулығы , аманлығы беккем болып ийгиликли ислерде тасқын табыслар бола бергей деп, Ҳүрмет пенен, Азат Даўышбаев

Жаңа жыл тилеклерим

Төрт бәйги, он еки ат, үш жүз алпыс бес,
Айлаўда дүркиреп шапса зәбердес,
Елиме бир қутлы жыл болып киргей,
Илайым, киятқан ЕКИ МЫҢ ЖИГИРМА БЕС.

Ҳақ берген жыллардың жаманы болмас,
Бирликсиз бендениң заманы болмас,
Жаңа жыл тилегин периште қоллап,
Берекет дарыған жыл болғай, қуллас.

Не араз, не өкпе, не гийне болса,
Бир жипке дизилген сум ийне болса,
Кетеси жыл менен кеткей бәршеси,
Қәлбиңде дақ әлем бир сийне болса.

Дәрья суўға, базарым жемиске толғай,
Ел ара диянат жылыў жыл болғай,
Зәҳәрин бүркиген жыландай емес,
Жылан нағысындай сулыў жыл болғай.

Ассалаўма алейкум сәлеми менен,
Алланың рахметли әлеми менен,
Жақсылар көбейгей ҳәр көрискенде,
Мийримли, шыпалы бир еми менен.

Ҳәр үйде аналар бесик тербеткей,
Өмир бағларында гүллер ержеткей,
Миллетлер аралық дослықтың емес,
Урыстың ноқаты қойылып кеткей.

Көп миллетли елде дослық қайнақай,
Тыныш өмир болып бурқып қайнағай,
Жаңа Өзбекстан уллы диярда,
Бахтын қарсы алып еллер жайнағай.

Ашықлар шын ярын излеп зерзебил,
Ығбал мәнзилинде болмағай себил,
Жала, дөҳметлердиң шоғында емес,
Муҳаббат отында тапланғай кеўил.

Мудам көк шыршадай жасыллана дым,
Дөнип әндийшеси ҳәр бир кеўилдиң,
Журтымда тентиреме бир ғәрип қалмай,
Жаны да, малы да бай болғай елдиң.

Ажырым күл болып жапалы болғай,
Ашықлар ярына опалы болғай,
Елимде бөбеклер шабақтай өршип,
Халқымның саны да сапалы болғай.

Ақшам ОН ЕКИ де курант жаңғырып,
Көкте әлўан реңли салют сән урып,
Кеўил шадланғанда күтип алайық,
ЕКИ МЫҢ ЖИГИРМА БЕСТИ мәрдана турып.

Шала қалған ислер келер жыл питип,
Табыслар ырғалғай дақылдай писик,
Үбир - шүбир болып ҳәр шаңарақта,
Аман отырғаймыз Жаңа жыл күтип.

ЕКИ МЫҢДА ЖИГИРМА ТӨРТИНШИ жылды,
Шығарып салғанда әрманлап шыңды,
ЕКИ МЫҢ ЖИГИРМА БЕС қәне, мәртлерше,
Нықлап қәдем басып көтер басыңды,
Саған нәўбет келди, есик ашылды.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жумабай ҳәм Пердеш түси

Ҳәс мантыға нық тойып,
Пәр дастыққа бас қойып,
Шаршаўлы ҳал үстинде,
Күнлердиң бир түнинде.

Шырт уйқыда Жумабай,
Буйыға кетти баладай,
Саат үштиң ўақтында,
Түн ярымы шағында.

Қасында Пердеш ҳаялы,
Қус уйқыда шамалы,
Ярым ояў жатқанда,
Ай түнекке батқанда.

Жумабайдан сес шықты,
Бир емес, төрт, бес шықты,
Әлле кимниң атларын,
Атап айтты ол бәрин.

Ҳә, Периўза, Периўза,
Ҳә, Мапрўза, Мапрўза,
Аҳ, Бийбайым, Бийбайым,
Ўаҳ, Арзайым, Арзайым.

Тоқта, еглен, сабыр ет,
Бул жаныма реҳим ет,
Ҳәй, Базаргүл, Базаргүл,
Сен бир жүрген азар гүл...

Тап усындай тақылетте,
Түслер көрди, ақыбетте,
Сандырақлап, басылып,
Қурылдысын асырып.

Еситип жатыр ҳаялы,
Бузылып және қыялы,
Ҳаў, Пердеш - әй, Пердеш - әй,
Мына мәжгүн не дейди - әй?

Қаяқтағы Периўза?
Қаяқтағы Мәприўза?
Қаяқтағы Бийбайым?
Қаяқтағы Арзайым?

Базаргүлди еле мен,
Таң атсын көрсетемен,
Дедидағы, гижинди,
Қозғап иштеги жинди.

Таң атқанда нақолай :
Ҳә, Жумабай, Жумабай,
Не дедиң сен ақшамы?
Атын айтып басқаның.

Ким ол Периўза қатын?
Ким ол Маприўза қатын?
Тез жуўап бер, қәнекей,
Ярың ба, жол жөнекей?

Жумабай қызып кетти,
Одағайлап сол деди :
Сеннен басқа ярым жоқ,
Түс дегениң түлки боқ.

Өңимде мен дүзиўмен,
Түске жуўап бермеймен,
Былшылдама, шабазым,
Умыт оның биразын.

Деди де, шай ишип боп,
Жумысына кетти хоп,
Ал, Пердеш ол қоймады,
Бир сумлықты ойлады.

Келеси түн Пердегүл,
Жорта уйқылап, қатып үн,
Ол да әлле еркектиң,
Атын айтып шақырып дым.

Қатты, қатты бақырды,
Мырзабай деп шақырды,
Ҳәй, Жолдасбай, Жолдасбай,
Ҳәй, Досжанбай, Досжанбай.

Күте тур мени, Асан,
Күте тур мени, Досан,
Деген гезде, Жумабай,
Шоршып кетти баладай.

Таң атыўын күтпестен,
Пердеш! деди, ол бирден,
Ким ол өзи Жолдасбай?
Ким ол өзи Досжанбай?

Қәне, тез - тез жуўап бер,
Ким өзи ол саған ер?
Пердеш еснеп аааа деди,
Жүйрик тилин кернеди.

Сеннен басқа байым жоқ,
Түс дегениң түйе боқ,
Өңимде мен дүзиўмен,
Түске жуўап бермеймен.

Былшылдама, Жүмекей,
Умыт оны, қәнекей,
Деди де ол қайталдан,
Уйқылай берди жортадан.

Және бир күн ақшамы,
Ортаға алып баланы,
Шырт уйқыда жатқанда,
Генжеси аўнап атқанда.

Пердеш асты көл болды,
Муздай бәлеге толды,
Ой, атаңа... әй!
Мына ширкин нетеди - әй.

Деп, баласын оятты,
Жулқып ояқ - буяқты,
Бақыра кетип улына,
Шаппат урды жонына.

Жумабайды силкиди,
Оятып сонда күлкини,
Айтты байы : Қой, деди,
Бул мәзи түс ғой деди.

Баламыз ол кишкене,
Жуўап бермес түсине,
Таң атқан соң жуўасаң,
Түс бәлесин қоясаң.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Нақ емиңиз мың таблетка,
Оригинал "ғыйбатагин"

Ел салтында түспей сазға,
Дәстүр шықсадағы шектен,
Жаман сырқаў болып базда,
Жапсақ әдет қалмас екен.

Күндеги сол әдетинше,
Ҳәккебийке тез ҳәккелеп,
Майнагүлге өз бетинше,
Гәп әкелди келеп - келеп.

Майнагүл де майлап тилин,
Қара шайды қан симирип,
Отыр еди бүрип түрин,
Недендур үйде түңилип.

Жерден семиз жети қоян,
Таўа салып қуўанғандай,
Әй, Майнагүл, тез - тез оян,
Деп өз - өзин жубатқандай.

Өзинде жоқ, мәәә саған деп,
Еки көзи шатнап кетти,
Дым кереги сол маған деп,
Мәсиркеп шадланып деди :

Пай, достым - әй, қандай жақсы!
Дәрҳәл жетип келгениңди - әй...
Не ойлап тур едим, тапшы?
Келмегиңди сезгенимди - әй...

Ишкериле, төрге шығың,
Мә, қара шай, мә, сары май...
Әлемде не хабар бүгин?
Айтөс, ҳеш бир сөз қалдырмай.

Дегенде, шықықлап Ҳәкке,
Аран ашып Майна аўзын,
Өсек аты минип пәтке,
Туўлап ушты мисли жасын.

Өйппей, қурсын, Майнаш қатын,
Анаў бир бийкешим бар ғой,
Уят, уят... қызлық затын,
Урлатыпты, масқара ғой!

Үндеместен үйдей бәле...
Сыпайы жүрип, булнес, иси?!
Бет ашылмай турып, әне,
Ерге шықпай писти - писти.

Қылып болып, асыла қалған,
Бир мәнтирсек бай жигиттиң,
Жағасына, жағасына,
Байлығынан тәм етип дым.

Қашар көзин сүзбегенде,
Тана бас жибин үзер ме?
Бийкеш қыз да бәле, демде,
Мәнтирсекти қылды ерме.

Менимше, тап енемниң де,
Бул былықта қолы бар - аў,
Қойнына сен суўдай сиң де,
Қостары бол, деген шығар - аў.

Деп, Ҳәккелек балдай қойыў,
Сап - сары қант қара шайды,
Тартып жиберип шып - шып терлеп,
Кеўли бола қалды жайлы.

Майнагүл де майлап гәпти,
Қәйнисиниң нақ үстинен,
Гүзе сындырып сөзлер тапты,
Тәрип берип түр - түсинен.

Мен айтайын, достым, Ҳәккеш,
Бир сүмилтир қәйним бар - аў,
Мисли сендеги сол бийкеш,
Ўақыясына дым уқсар - аў.

Көптен берли қәйним әсте,
Бир қыз бенен жүредимиш,
Сөйтип жүрип ол бир пәсте,
"Қызық нәрсе" көредимиш.

Сол қызық - қызықлар менен,
Қәйним иске шатылыпты,
Мени аласаң деп бирден,
Қыз қойнына атылыпты.

Үш шәйнекти туўара салып,
Майнаш, Ҳәккеш сайрай берди,
Күн геўгимге нық тақалып,
Өсекшилер жайнай берди.

Соң бир неше себеп болып,
Майнаш көшти өзге журтқа,
Ҳәккеш гәпсиз гүлдей солып,
Дәртин тықты еки уртқа.

Соң тәўекел излесе де,
Өзге Майна табылмады,
Сыпсыңларын гизнесе де,
Ишки дәрти арылмады.

Тилин тислеп, кесел болып,
Маза қашты денсаўлықтан,
Мусаллаты мешел болып,
Азап шекти зил аўрықтан.

Шыдамады, шыдамады,
Шыпакерге барып бир күн,
Адамларға жетпей дады,
Арыз етти дүркин - дүркин.

Шыпакер қуп тыңлап көрип,
Үйренди ояқ - буяғын,
Шағым сөзин аңлап көрип,
Былай деди гәп аяғын :

Қуллас, сизде бир кесел бар,
Диагнозың : Ишқыставин,
Нақ емиңиз мың таблетка -
Оригинал ғыйбатагин.

Деп, шыпакер күлип қойды,
Ҳәккеш сырын билип қойды.

Ал, ҳаслында, баяғы сол,
Бийкеш пенен қәйин бала,
Алдына салып туп - туўры жол,
Турмыс қурды нақ шадлана.

Ҳәккеш пенен Майнаш сөзи,
Жүз пайыздай болмаған гәп,
Өсек пенен ғыйбат көзи,
Туўры нәзер салмаған тап.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әҳмийетли қатарлар

Өзиңе жуқпаған ўәжди,
Өзгелерден талап етиў -
Қарыйдарсыз бос саўдаңа,
Мәзи келип, қуры кетиў.

💥💥💥

Адам нәсил туўған менен,
Қоса ақылды туўмайды.
Шошқаны мың жуўған менен,
Барып боқлыққа аўнайды.

💥💥💥

Қосық жаз я дөрет ғәззел,
Тың жерден ой табалмаймыз,
Бәршеси айтылған әзел,
Биз тек оны жаңалаймыз.

💥💥💥

Жерде болмаққа халықлар,
Алла имканды кең берген,
Қалған барлық "быламықлар",
Ҳақтан емес тек бендеден.

💥💥💥

Өлмек - ғәплет, туўмақ - қүдирет,
Сол арада гүйбеңлеймиз,
"Шалшыққа да" батып жүз рет,
Бул тәғдирден дәкки жеймиз.

💥💥💥

Ақылға туў басың болса,
Ярым табыс - бер тәўекел,
Мыңғырдай қуў басың болса,
Бел байлаўға не тәўекел?!

💥💥💥

Ҳүр пазыйлет зорға келер,
Силикпе болып намыс, арға,
Еле сондай дарға келер,
Қул боламыз техникаға.

💥💥💥

Кетеси жыл мисли жылға,
Болсадағы, көпке татыр,
Дым қуўанба Жаңа жылға,
Өмириң азайып атыр.

Деймиз : Ҳасыл нийет жақсы,
Тилеклер ҳәм орынланар.
Лекин, барлық нызамына,
Бир жан жоқдур қарсы барар.

💥💥💥

Ханнан хабарсыз балалар :
Үлкейсем дер, тез ержетип.
Жасы қайтқан қарт адамлар,
Гүрсинеди муң серлетип.

💥💥💥

Түйеге минип қулаўың,
Атқа минип қулаў емес.
Майда мақсет, тас қалаўың,
Уллы мақсетке тең келмес.

💥💥💥

Мәгар сөксең перзентиңди,
Ол сүйекти сөккениңдур.
Саған берген несийбеңди,
Үйден шықпай төккениңдур.

💥💥💥

Жалған, шыны сапырысқан ҳақыйқат,
Түйе турып, пилди көрдим дегендей.
Гүман ара шығып жүз мың арасат,
Қатнасыққа Дәджал иси келгендей.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Туўысқан менен

Төрт дойнақтың бирин майырып болмас,
Демеўши қанатты қайырып болмас,
Тырнақты етиңнен айырып болмас,
Дегендей, татыў бол туўысқан менен.

Ўақтынша кеўиллер суўысқан менен,
Жатласпақ жараспас туўысқан менен,
Өйткени, бир саға, ата - анадан,
Жақынлық дарыған уўыз, қан менен.

Бир қурсақта жатып киндик байлаған,
Ана сүтин емип бирге ойнаған,
Мүшкил күнде жалғызлатып қоймаған,
Баўырман, татыўлас туўысқан деген.

Алғаның мысал ҳүр, пери болса да,
Ҳүснинде мәржаны, зери болса да,
Ҳуўшыңды бәнтлеген жери болса да,
Орны теңлесалмас туўысқан менен.

"Көсеў узын болса, қолың күймейди,
"Жақының көп болса, жаўың тиймейди".
Ашынып шырлаған жөнин сөйлейди,
Сондайда қол үзбе туўысқан менен.

Зейни пәслик етип урысқан менен,
Сәл неге тиресип тырысқан менен,
Журт : Сениң кимиң бар? - деп, сорағанда,
Жат көзге айбатың - туўысқан деген.

Жасап турсаңдағы бек, султан менен,
Жақын дос боларлық бир инсан менен,
Күн туўып, қайғыда қамсыққаныңда,
Дым керек болады туўысқан деген.

Ағаң, апаң, иниң яки қарындас;
Азары болса да, безери болмас...
Туўысын сыйламас, досқа жарымас,
Жат болып жаўласпа туўысқан менен.

Әкеден, анадан қалған намысқа,
Бек болып, бир болып арға шабысқа,
Ҳеш қашан әйлеме телпек қағыспа,
Мийирман, ақыллы туўысқан менен.

Қут дәрьяң қайырлап кемең қаўсамас,
Ағайын ишинде арбаң саўсамас,
Ийинлессең, ҳәргиз, жолларда қалмас,
Жүгиң жеңил болып туўысқан менен.

Қазан урған гүлдей солмайын десең,
Душпанларға таба болмайын десең,
Урпағыңды ойлап қоллайын десең,
Шырағың өшпесин туўысқан менен.

Төрт дойнақтың бирин майырып болмас,
Демеўши қанатты қайырып болмас,
Тырнақты етиңнен айырып болмас,
Дегендей, татыў бол, туўысқан менен.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Әлленемирде "жетим қыз" намасына шыңқобыз шертти. Және бир гезде ыңылдап қосық айтты.
Шарқ ийирип шалалмадым, жеңгежан,
Оң ийнимди алалмадым, жеңгежан.
Анаў сүйген палўанымның отаўы,
Жүрексинип бара алмадым, жеңгежан!...
Даўыс оғада нәзик, жағымлы. Ерназарға қосылып пүткил әлем таңланғандай, айнала жым-жырт, шарқылдасқан тоғай шымшықларының үни өшти, жағаға шырпылдасып урып турған дәрья толқыны бирден семди. Бир жерде тоқтаса жер тепсинип, суўлығын ғашыр-ғашыр шайнайтуғын Ерназардың яўмытысы да қайшы қулағын тикирейтип, шекшийип қалды.
Қыздың:
- Хош, жалғыз ермегим, шыңқобызым, - дегени сол, суўға бир нәрсе шомп етти.
Ерназар "Бийшара қыз шыңқобызын неге таслап атыр екен?" деди де, әлле қандай түсиниксиз сырды сырттан бақлағысы келип, қамыс арасынан сығалады, бирақ ҳештеңе көрмеди.
Қыз және зарланды... Гәплерине қарағанда ол жетим, өзинен үлкен ҳәм атақлы жигитти сүйген, сүйген жигити оны түсинбейди, хабар алмайды. Соған аҳ шегип, бул дүньяға нашар қылып жаратқан қудайға налыс қылып жылады, ашықларға ҳүрмет жоқлығына, дүньяда бир-биреўге мүриўбет кемлигине, биреўди биреў түсинбейтуғынына күйинди. Және де даўысын күшейтиңкиреп биреўлерди мудамы жарлы, жетим, екиншилерди мудамы бай етип, биреўлерге күлки, екиншилерге көз жас берип қойған қудайды аямай ғарғады, өз сөзлеринен өзи қорққандай бирден дүнья менен хошласты:
- Хош, дүнья, хош, қуяш! Хош, гүзги жапырақлар, мен де сизлер усап солыйман! Хош, мениң шашларымды желпиген самал, хош, палўан!
Ол усыларды айтыўы мәттал, суў бирден шамбыр етти...
Ерназар ҳаўлыққанынан атын қамшылап жиберип шамбырлаған жерге келсе, бир қыз қоллары зорға көринип суўға шүмип баратыр. Ол ойланып турмай ат үстинен өзин суўға атты да, қызды тутып бир қолына көтериўи менен бир қыялап жүзип жағаға шығарды.
Суў әлле қашан суўыған еди, қыз жағада тислерин тислерине урып қалшылдап жатты.
Ерназар жас қыздың аязлап кеселге шатылыўынан қорқып, оны ес-түссиз деген пәм менен суў-суў көйлегин шешип еди, өмиринше жалаңаш нашарға нәзери түспегендей өз үстиниң суўы сорғалаған күйинде ағаш болып сәррийди. Қыздың аппақ порықтай сулыў денесине төңкерилген жуп кеседей қос мәммеси, уят бийлеп қымсырылған қоллары астына сыймай, ушлары пискен жигилдик жийдедей қызарып суп-сулыў болып атыр. Бул гөззаллыққа Ерназардың тула бедени қызып, оны сүйип-сүйип алғысы келди, бирақ неликтен де күшли бир сезим ҳәм бийҳал жатырған қызға аяныш оны иркти.
Рабийбиниң жонылған таяқтай ақ балтырларына үйренген үлкен көзлер, бул қыздың сийреклеў жүн басқан толық ақ балтырларына үйренген үлкен көзлер, бул қыздың сийреклеў жүн басқан толық ақ балтырларын көргенде, ҳеш қашан ойламаған бир гөззаллыққа қосымша айрықша ғайбар күш, ҳақыйқый қыз тулғасын сезип, еркин жойытты да, төмен шөгип қыздың балтырларын жүдә әстен сыйпалады. Оған да қәнәәт етпей бирден аўзын басты да аймалап сүйип, бойын қыздырды. Қыз үсти-үстине оғыды да, ҳештеңе қуспай-ақ көзлерин ашты.
- Ўай, не қылып атырсаң? Көйлегим қайда?
- Сулыў екенсең!
Ерназар басқа дәлил таппай, атының жабыўын сыйырып алды да, қызды соған орап, өз кийимлерин қайта сығып кийди. Атжабыў арасынан қыздың отлы қара көзлери жылтылдап, өмир ушқыны урқанлап жатырыпты.
- Аға бий, мени неге қутқардың? - деди ол бир гезде.
Ерназар жуўап орнына жалаңаш атына секирип минип, демниң арасында әлле қайдан тезекке тутатып қоз әкелди де, айналасынан қуў жыңғыл терип от жақты. Қыздың кийимлерин отқа өзи кептирди, бирақ қайтып бермеди. Қыз сорамай атжабыў арасында отқа абынып, майда бурымларын тарқатып кептириңкиреп, қайта өрип отырып бағанағы сораўын қайталады.
- Аға бий, мени неге қутқардың?
- Суўға қайтып таслаўың қыйын емес, - деди Ерназар мыйығынан күлип.
Қыз оған жуўап ушын мыйық тартқанда, булт астынан ай шығып әлем жақтыланғандай болды.
- Кимниң қызысаң?
- Әкемниң аты Доспан болған.
Қыздың даўыс толқыны ҳәм ҳақыйқатлығын, ҳәм ҳәсиретлилигин билдирип тур, бирақ сыртқы көриниси қуўанышлы сыяқлы.
Ерназарды әлле қандай қыял бийлеп, даўысы қалтыраңқырады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
27. 12

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Karlin bar ma gruppa

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Көзим емес, көкирегим жылайды

Наятый дәрт сазға салса наланы,
Оны тыңлап ўаҳ - әй, кимлер шыдайды?!
Мен еситсем сыңсып атқан наманы,
Көзим емес, көкирегим жылайды.

Өйткени, ғам - ғусса жасар бул сазда,
Ағытылған ҳәсирети биреўдиң.
"Посқан ел" ме, "Жетим қыз" ба, я аз ба,
Ялғаншыда сыйы жетимсиреўдиң?

Ўаҳ дарийға, зарлы сеслер гә қобыз,
Гә сыбызғы болып езер қәлбимди.
Усындайда қулазыған мен жалғыз,
Сазға қоса еңиретемен дәртимди.

Бул дүньяда ҳүрлиҳа дийдарына,
Қанып - қанып қаўышалмай ырасы,
Қанша ашық жетпей әрманларына,
Өлди кетти, қалды зарлы наласы.

Дегендейин тарлар өксип елжирер,
Жан бозлатқан сазендениң қолында,
Илме тесик найлардағы ғам шегер,
Демин төгип пәриядлардың жолында.

Төзим бериў мүмкин емес өмирде,
Зары гириян ҳаўаз толқынларына,
Аҳым түйреп тилкимленген өңирде,
Ҳижранларым сызлап солқылдағанда.

Жан жүректи силкип ләрзем әйлеген,
Муң намадан аспан жасын булайды.
Мен тыңласам оны кеўил күй менен,
Көзим емес, көкирегим жылайды.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykum keshiresizler
P.Tilegonovtıń "Begjap"tragediyasın qayerden tawsaq boladı .Ilimler akademiyası hám Res kitapxanadan tawa almaǵan edim

Читать полностью…
Subscribe to a channel