Нағыз қарақалпақшасына қарайтуғын болсақ. Қаяқта турасаң? Қайерде турасаң? Қаяқтансаң? вариантларын көриў керек. Қаяқта турасаң деп сораймыз тийкарынан.
Читать полностью…#kórkemádebiyat
📚 N.Dáwqaraev - Internatta (2020)
📚 M.Dáribaev - Mıńlardıń biri (2020)
Assalawma aleykum Muratbay Nizamovtıń "Ashıq bolmaǵan kim bar" kitabı pdf variantı kimde bar?
Читать полностью…ПУШАЙМАН ОТЫНДА ӨРТЕНГЕН ҲАЯЛ
Андыздай сарғайып муңайған түри,
Көкиректе жаны бар әйтеўир тири,
Ким тепсе бахтына перзенттен кешип,
Әнекей, бул ҳаял солардың бири.
Турмысы келиспей ол дәкки жеген,
Нәлетий бир кимсе алдаған екен,
Булдағы азлықтай өсекши журтлар,
Некесиз туўғанын ҳарамы деген.
Бахтым қара болды - аў, жүрегим жара,
Дәртимди түсинбес ҳеш бир пуқара,
Басымды көтерип жүрейин десем,
Нәйлейин, жүз пердем кетти жуқара.
Гүм қыла алмаспан иштен шыққанды,
Оннанша мен таўып бийперзент жанды,
Берейин, алмаса босағасына,
Қойып бир кетейин туўған баламды.
Деди де, түрленип осамас ҳаял,
Ишинен өткерди уў заққым қыял,
Табылған бийперзент көнбегенликтен,
Шырлатты баласын, шырлатты ҳаял.
Соңра паяндозға гөдекти қойып,
Шыңғыртты, шыңғыртты пышақсыз сойып,
Көрмейин, күймейин дейип ылағып,
Буннан бәдар кетти жанынан тойып.
Бийгүна баланың ким болды теңи?
Қасының үстинде бар еди меңи,
Қан болып қызарып жылаған сайын,
Үлкейип, киширейип қыймылдар еди.
Қулақты қәўметке келтирип сести,
Нәресте ҳаўазы көкейди кести,
Алланың бергенин асырап алыўға,
Бийперзент жубайлар дәрҳал келисти.
Гөззаллыққа бөлеп қыялды, ойды,
Гүмбирлетип берди бир ықшам тойды,
Өз нышаны менен туўылғаннан соң,
Нәрестениң атын Меңлибай қойды.
Меңлибай мийримниң айдынларында,
Шабақтай ойнады толқынларында,
Туўғаны кимлигин билмеседағы,
Күймеди "туўғанның" азапларында.
Күймеди, меҳирден кемлик көрмеди,
Үлкейип, көп оқып өзин бийледи,
Ата - анасына мийирман болып,
Әкежан, Анажан дейип сөйледи.
Жыл өтип Меңлибай шыпакер болды,
Оннан қалың журттың кеўили толды,
Бир қанша ийгилик ислерди ислеп,
Жәрдемге мүтәжға узатты қолды.
Таўап етип әке - шеше излерин,
Қаратып қублаға жарқын жүзлерин,
Дин парыз Каабаға атландырып ол,
Жибермекши болды жан әзийзлерин.
Арадан асырылып қырқ жыл өткенде,
Перзентсиз қор болып бағрын сөткенде,
Меңлибайдың сорлы туўған "анасы",
Балам тиримекен дейип жеткенде.
Жақын бир достынан сорады, билди,
Досты : Балаң... дейип мысқыллы күлди.
Ҳәзир аэропорттан оны табарсаң,
Аты Меңлибай ғой, деп болып жүрди.
Иси келиспеген бахытсыз ҳаял,
Жүрегинде бар ма "баяғы қыял?"
Меңлибай дегенди иштен тәкирарлап,
Адамлар ишинен изледи дәрҳал.
Ата - анасының жанында тасып,
Қүдиретли дуўаға қолларын ашып,
Турған бир кисини көзлери шалды,
Меңи кеткен екен қасларын басып.
Ҳаял көзлерине пырт - пырт жас алды,
Балам деп шақырыўға сәл ғана қалды,
Босағаға қойған гөдекти еслеп,
Тым - тырыс болды да, өзеги талды.
Аҳ - үўҳ, аҳ - үўҳ пенен сыртынан қарап,
Пушайман қәлўени шашларын тарап,
Қушағына қатты басқысы келди,
Кешип кеткенинен ҳал - аўҳал сорап.
Дәртин жута - жута далаға шықты,
Ҳөктем өкиништен ғыжлаған шоқты,
Жүрегине салып лаўлап өртенди,
Себеп енди оған Меңлибай жоқты.
Оннан ҳәмме нәрсе жүзин бурғандай,
Балаң қәне? дейип сорап турғандай,
Туўғанынан кешкен бул бахытсызды,
Нәлет тасы менен нықлап урғандай...
Қурыды, қурыды, писи қурыды,
Запырандай солыған түси қурыды,
Буннан қырқ жыл бурын шырлап туўғанын,
Балам деп айталмай иши қурыды.
Абайсыз сүрнигип түбирге түнги,
Байғустың көз алды иңирдей тынды,
Баласына арнап тиккен тумары,
Уўысынан ушып путаға сиңди.
Соңра ет бетинен қулап жатқанда,
Қарманып тум - тусын излеп атқанда,
Оң қолы путаның түбинде турған,
Муздай бир нәрсеге әсте батқанда,
Тәп берип сур жылан зәҳәрин шашты,
Иргесин, нәсилин қорғады, қашты.
Ал, ҳаял уўланып, гүптей исинип,
Сулайды, сулайды жайып қулашты.
Ҳәдийсе кимлерге қандай ой салды?
Ким оқып, пикирлеп буннан не алды?
Қан жутқан сол ессиз ҳаял жүреги,
Тым - тырыс, тым - тырыс... тоқтады қалды.
Автор : Азат Даўышбаев
Áweli ulıwma Xosh kelipsiz degendi kórmeytuǵın, esitpeytuǵın edik! Oqıw orınları hám shólkemlerde udayı XOSH KELDIŃIZ! degen jazıw turatuǵın edi.
Читать полностью…Төртликлер
Көктен көрсең, биз қумырысқа яңлымыз,
Бизлер - ақмақ, бизлер - уллы аңлымыз.
Он сегиз мың әлем сырын табалмай,
Сарсаң кесек болып жүрген жанлымыз.
💥💥💥
Бир қарасам, есик жақта турыппан,
Бир қарасам, әсте төрге шығыппан,
Бир қарасам, бул дүньяның нанын жеп,
Қайтыў ушын босағада турыппан.
💥💥💥
Бес бармақ тең емес, себеп, елшилик.
Ҳасыл кеўли аспан яңлы кеңшилик,
Ол сүрниксе түсинбестей ис емес,
Ҳәр кимде бар, қәте менен кемшилик.
💥💥💥
Тек жақсыны көтермелеп оңынан,
Мақтай салыў - әжеп ис қой, соңынан.
Ал, жаманды жақсы етиў бир ыңғай,
Ҳәр кимсениң келе бермес қолынан.
💥💥💥
Ойы суўық және бәле - мәтерли,
Иштен тынған үндемеслик - қәтерли,
Кеўлинде не барын биле алмасаң,
Тап сондайдан болыў керек дым серли.
💥💥💥
Тири болса кимниң ата - анасы,
Ең бахытлы инсан сол ғой, шамасы,
Арқа сүйер, мийирманы болмаса,
Жетим сезер өзин адам баласы.
💥💥💥
Әлле нени арзыў әйлеп қырларды,
Тынбай излеп гә ақтарып тыңларды,
Ийек асты турған қутты сезбестен,
Әрманлаймыз базда бийик шыңларды.
💥💥💥
Мың қосық бар, самтық - сабан қазарлық,
Илип алар түйири жоқ арзырлық,
Бирақ, сондай гәўҳар сөзден терилген,
Төрт қатар бар, не бир дәстан жазарлық.
💥💥💥
Тарийх бетин ашсаң асып қыр - қыя,
Толып атқан шым - шытырық ўақыя,
Сол өтмиштен белли тегиң табылса,
Алақайлап көкке ылақтыр тақыя.
💥💥💥
Сүйдим дейип, дәлиллемей бир иси,
Тәкирар айтқан - жүзегөйлик белгиси.
Ели, халқы, Ўатанына, ярына,
Жанын берер шынтлап сүйген мәрт киси.
Автор : Азат Даўышбаев
Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
"Аға бий"диң күшин кемейтип, халық пенен байланысымызды үзип аламыз.
Жыйналғанлар қыбырласып, өз ара абыржыў пайда болды. Әйне пайытты қуры жибермей Қумар аналық сүренледи:
- Азаматлар! Балларым! - Абайсызда шақмақ шаққандай ҳәммениң нәзери Қумар аналыққа аўдарылды. - Азаматлар, балларым! - деди және ол еркеклерге тән ғужыр менен. - Зарлықжан оғыры дурыс айтты. Халыққа баратуғын дәрўазаны жаппаңлар. Ханға хызмет еткенниң тырнағын тас жонады деген рәўият бар, абайлаңлар!
Хийўалы шабарман Асқар бийди қамшысы менен түртти:
- Байсыз ҳаял - басқарыўсыз кеме, тоқтат!
Жаңарақта сөйлеген орта бойлы пияда қайтадан жеделленип, Фазылдың атына ғарғып мингести де:
- Қумар, бийкар айтасыз, - деди ҳаплығып. - Биз билемиз, ханға хызмет еткен бийлер, әскербасылар, жасаўыллар, нөкерлер бәрҳа ҳәзликте жүрипти. Ханды көрмей, ханға хызмет ете алмай тырнағын тас жонатуғын биздей сорлы халық!
- Ҳақ гәп! - деди бир қанша даўыс.
Асқар бий дөгерегиндегилерге сыбырланды:
- Қумарды көзден ғайып қылыңлар!
Еки жигит айрылып келип, бири Қумардың атын жетелеп, екиншиси қамшылап көпшиликтен бөлип әкетти.
Аламан қыснаққа тығылған сеңдей соқлығысып, олай-булай абыржыды. Байлаўдағылар Қумар аналыққа ырзалық билдирип бақырысты. Оларды қоршаған хийўалылардан төрт атлы бөлинип келип, хан жасаўылының ымы бойынша Зарлықты қамалайжақ еди, ол, тутыс бермей Қумар аналықтың изинен шаўып кетти. Генжемурат та көпшиликтен айырылып шығып еди, ярым жолға барғанда атын және изге қайырды. Оған қасақана, Асқар бийдиң алдындағы шоқтан үш атлы бөлинди де, Қумар аналыққа тез жетип, тобы менен арқадағы қазақ аўылына бет алды. Хан жасаўылы оларды қуўдырса адаўат шығатуғынын билип, жарыса қамшысын көтерди:
- Мине, алдымызда ҳақыйқый ислам нөкерлери қалды. Анаў бөлингенлерге қарамаңлар, олар сизлердиң түкиригиңиз. Уллы хан бәршеңизди сарпайлайды...
- Жигитлер! - деп Генжемурат ортаға ат айдады. - Мен Қумар аналықтың алдында өзимди көрсеткен болмайын деп сөйлемедим ҳәм оған ермедим. Лекин, ҳәзирги исимиз сатқынлық!
- Аға бий жоқта буйырыўшы мен! - деп Фазыл атын қамшылап-қамшылап алға өтти де, сол пәти менен барып Генжемуратқа еки қамшы тартты.
Генжемурат қарсыласып, қызып, бас демей, көз демей қамшы силтей баслап еди, Фазылдың тәрепдарлары оны қоршап, бири қолынан қамшысын, екиншиси атының жүўенин жулып алды.
Фазылдың жүреги ҳәўлириў менен кейин бәсип, хийўалы жасаўылдың қасына келди:
- Найсапты гүм қылмай тынбасын!
Хийўалы қуры қалмады:
- Ойыңыз нағыз аршылдың ойы, қоллап-қуўатлаймыз.
6.
Аспан саған да толық көринбесе, оның кеңлигинен, қуяш саған да толық нур төкпесе, оның өз ўақтында шығып, батқанынан не қайыр? Бирақ, бул жақты дүньяның барды-келдисине көнип, өлмес аўқат күн кешириўге үйренгенлер бултлы болса да төбесинде аспан барлығына, ысытпаса да төбесинде қуяш барлығына шүкирлик әйлейди.
Ушы-қыйырсыз далаға үйренген саҳрайы Ерназар пүткил әлемди жапқан көк-көмбек кең аспанның қәдирин, тегис кең даланың шетиндеги қалың қамыслық үстинен лаўлаған қан-қызыл от болып шығып, ал кеште көгалай көгалай көк теңиздиң үстин гә қызылға, гә сарыға дөндирип бататуғын қуяштың қәдирин енди билип атыр.
Оның аспаны зинданның муш сыярлық ғана дөңгелек тесиги. Кең саҳрада мутқа жарқыраған қуяш биротала көриниўден қалды. Бул ҳалға гириптар болғалы неше күн, неше ҳәпте өткенин есаплаўдан да жаңылысты. Ҳеш ким хабарласып ҳал сорамайды, қыялына оның зинданға тасланғанын тири бенде көрмегендей, пүткил әлемде ҳәрекет тоқтап қалғандай. Өй деўге төбесинен үңилген қараўыл күнине үш мезгил нан, суў береди, намаз пайтын ескертеди.
Ерназардың жанына жеги болып турған нәрсе - зинданға түскени ямаса ҳеш кимниң хабар алмағаны ғана емес, не ушын, қандай аўыр жазығы ушын сырттағы адамлар менен тиллестирмей қойылғаны. Жатып ойланады, отырып ойланады, усы ўақытқа шекемги өмир жолын көз алдына қайта-қайта елеслетеди, ҳәр бир ҳәрекетине өзинше баҳа береди, сирә бул дәрежеге сазыўар болғандай гүна ислемеген сыяқлы.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 01
Assalawma aliykum qalaysiz taza jillariniz menen.
Xalqimizdiń milliy úrp-ádetleri usi temaga shigarma qaytip jazsaq boladi ham jazip bere alatinlar barma
Гүлим, сени көзим қыймас жылларға
Шық малынып қулпы дөнген бир таңда,
Ғумшаларың ашылысқан азанда,
Асаў ўақыт шабысларын серлесем,
Гүлим, сени бергим келмес қазанға.
Сән бағышлап турған ышқый жырларға,
Жырлар емес, қәлбимдеги қырларға,
Аяў билмес ўақыт исин ойласам,
Гүлим, сени көзим қыймас жылларға.
Мәгар зәрре жапырағың сарғайса,
Шыр етемен жан қабырғам қайыса,
Бул өмирден гүллән мәни кетеди - аў,
Гүлим, сеннен кимдур мени айырса.
Сулыўым - аў, көриклим - аў, жаным - аў,
Шекерим - аў, ләби қаймақ палым - аў,
Бахтың ушын пәйик болып жортайын,
Бул дүньяда жеткенинше ҳалым - аў.
Автор : Азат Даўышбаев
Ихтиёр қилинган, танланган,
Сөзликлер не мәнини билдиреди жууап ушын алдыннан рахмет.
Болып
Аламан болса ар - сар,
Көплер қойдай ығысар,
Тақыр жерде буғысар,
Теңселген пада болып.
Ҳәр неде бир ҳикмет бар,
Жасағандай даналар,
Жақты берип шам жанар,
Дәстеси ада болып.
Инсан туўып улғаяр,
Ушпаға қанат жаяр,
Жүрими бар қартаяр,
Қайтадан бала болып.
Жақсы журтын сүйдирер,
Жаман елин күйдирер,
Сөйтип жанға тийдирер,
Кеўли мың ала болып.
Ҳеш өлмесе намыс, ар,
Салыҳ иси хатланар,
Жүз әўладта ядланар,
Кетсе де қаза болып.
Қулақ түргендей бирге,
Жан таппасаң сөзиңе,
Гәпиң қайтар өзиңе,
Урылған саза болып.
Сум не қылсын халқында,
Пәриядын да, дадын да,
Бапланар ҳәр адымда,
Саўатсыз сада болып.
Сырқатланса қарт шағы,
Ат министен қалады,
Қаңылтақ ер батады,
Жанына жапа болып.
Пейлиңе көп сыйғаны,
Ҳадал болса жыйғаның,
Кеўлин ашып мийманың,
Хош келер сапа болып.
Жасы үлкен қосжақпас,
Болса және ол қақбас,
Уллы иске жип тақпас,
Төрели аға болып.
Бүлбил гүлди сүйеди,
Нала шегип күйеди,
Таўыс липас кийеди,
Қусларға маба болып.
Сәл жантасса жетеди,
Сумырай суўқыл нетеди?
Сени ўайран етеди,
Бир дөҳмет, жала болып.
Жаты болмас ҳасылдың,
Уяты жоқ бәдҳасылдың,
Дәркары жан жанар дым,
Ел ушын шала болып.
Суў болмаса жайқалмас,
Қулпырған жаға болмас,
Дәрья зинҳар байқалмас,
Ақпаса саға болып.
Автор : Азат Даўышбаев
Қыйын екен
Аттан анық сезилгендей,
Заман жасын тезлигиндей,
Жүйткип барар, оған теңдей,
Илеспесек қыйын екен.
Ҳәр күн болса бир өзгерис,
Бул турмыста болып желис,
Тез реформа етпесеңиз,
Қыйын екен, қыйын екен.
Кимниң жерин еккенге сай,
Соның жырын жырлағандай...
Яқ десеңиз, ҳалыңа ўай,
Тақаббил бир сыйың екен.
Ески жабан күни тозды,
Жаңа заман күни озды,
Соған бейим сайлы сөзди,
Ежемесең қыйын екен.
Бүгин мүлгип, манаўсырап,
Ар - сар болсаң аңқаўсырап,
Ертең ҳалың шынтлап жаўрап,
Қалса, ол бир тийин екен.
Заман атын ертлеп анда,
Зор ебин тапқанлар бунда,
Көз аштырмай ақ шаңында,
Озар кетер жыйын екен.
Жаңа дәўир саўдасында,
Ески сана ол қасында,
Тоз - тоз қураш бул басында,
Турған яңлы, қыйын екен.
Инфра дүзим бул заманның,
Көзин ашса баз адамның,
Иштейи дым алмағанның,
Парасаты сиңбес екен.
Компютерсиз, техникасыз,
Технологиядай тийкарсыз,
Исиң болса қарыйдарсыз,
Бир ийт бақпас буйым екен.
Табаныңа кирсе тикен,
Бир жақлама ойлаў деген,
Ескилик қалдығы екен,
Ол бир тозған буйым екен.
Көз жиберген ертеңине,
Елди жыйсаң шертегиңе,
Журт исенбес ертегиңе,
Болар - болмас қыйын екен.
Миндире бермеген ҳәммени,
Заман аты - тулпар теңи,
Ҳәс аўдарып кетер сени,
Усламасаң жалын беккем.
Ҳәр бир өзгеристиң таза,
Тилин уғып сөзин жаза,
Билмес болсаң сондай сада,
Бул наятый қыйын екен.
Заманға бақпастан келип,
Уйқылар болсаң ғәплет жеңип,
Оянғанда басың меңип,
Ҳайран қалар мийиң екен.
"Заманға бола күлкиси,
Таўына бола түлкиси"...
Биле билмесе ҳәр киси,
Бүгин жағдай қыйын екен,
Жүдә - жүдә қыйын екен.
Автор : Азат Даўышбаев
📣📌 ДЫҚҚАТ!!! ДЫҚҚАТ🥳🥳 Сизлерди Россия алымлары тәрепинен ислеп шығарылған "РОФЭС" аппаратына тусиўге мирәт етемиз.
🔬🖥 Аппарат психоэмоционаллық жағдайларды анықлайды: 🤩🤩
🩻🩻🩻🩻
✅ Бас мий 🩺
✅ Стресс 🩺
✅ Нерв тамырлары 🩺
✅ Өкпе 🩺
✅ Баўыр 🩺
✅ Жуўан ишек 🩺
✅ Куўык 🩺
✅ Простата🩺
✅Буйрек үсти бези 🩺
✅ Жүрек системасы 🩺
✅ Тамак хам өкпе🩺 жоллары кеселликлери
✅ Зоб кеселликлери 🩺
✅ Грижа🩺
✅ Аяз қайсы органда ҳәм неше %🩺
✅Асказан 🩺
✅ Асказан асты бези 🩺
✅Омыртқаның барлық түрлери 🩺
✅ Сидик жолы кеселликлери🩺
✅Азыў ҳәм семириў жоллары 🩺
✅ Өт қалта таслары.🩺
✅ Қурт ҳәм оның түрлери🩺
✅ Тери кеселликлери🩺
✅ Иммунитет🩺
🩻 АППАРАТ ТОЛЫҚ ЛАБОРАТОРИЯ АНАЛИЗИ МЕНЕН БИРГЕ ИНСАННЫҢ 12 МУШЕСИН 1 САГАТ ИШИНДЕ ТОЛЫҚ ТЕКСЕРИЎДЕН ӨТКЕРЕДИ ШЫПАКЕР ТАРЕПИНЕН ОКЫП ЕМЛЕУ УСЫЛЫ БЕРИЛЕДИ ☝️☝️
Улыўмалык бахасы: .
200 000 мың сум💸💸💸
Детский 150 мын
💥💥Манзил 🏥 НОКИС каласы хам ШЫМБАЙ районында жумыс алып барамыз
📌1 КУН АЛДЫН НАУБЕТКЕ ЖАЗЫЛЫҢ
Толық мағлыўмат ушын:
🧑⚕️Дилбар Тел: ☎️998998868028 😊