ı/i ulıwma qollanılmaydı. Túrkstan dep jazıladı. Túrkistan dep qáte jazabermeń dá. Neshe márte jazdım házir.
Читать полностью…-stan qosımtasınan aldın ı/i bolmaydı. Qaraqalpaqstan, Ózbekstan, Túrkmenstan, Qırǵızstan, Qazaqstan✅ TÚRKSTAN boladı.
Читать полностью…Аўа ,Б.Қайыпназаровтың "Көк емен"балладасы да бар тәсирли жазылған ,умытыўға болмайды ,мәңгилик өшпес қатарлар .Рахмет .
Читать полностью…Abbaz Dabilov "Naʼmaʼrt jigit mehr daʼrkar?"qosigʻi
K. Toreshova oqidi @el_bibl_UzDJTSU_NF
Abbaz Dabılovtıń "Námárt jigit nege dárkar"degen qosıǵı bar Vertuyal kitapxanasan sora aǵza bolsań kóp materialladlrdı tawıp beredi.
Читать полностью…Миймандур
Атқан таң да, батқан күнге
Жулдызлар да ҳәр бир түнге,
Ал, жаның ше, ҳаслы кимге?
Жан геўдеңе бир миймандур.
Мийўелер өз шақасына,
Аққан суўлар сағасына,
Ақ толқынлар жағасына,
Келип - кетер бир миймандур.
Есик жақтан өрлегендей,
Қонақ болып төрлегендей,
Ҳәр ким өзи серлегендей,
Адам адамға миймандур.
Несип етсе әўметине,
Сазы үнлес сәўбетине,
Дәўраны ҳәм нәўбетинде,
Заманына бир миймандур.
Өзгергендей күн ырайы,
Мысал жылдың ҳәр бир айы,
Ҳәр кимсениң өз шырайы,
Гүл жүзине бир миймандур.
Бултлар бәлент дағларына,
Бағманлар да бағларына,
Патшалар өз тахтларына,
Келип - кетер бир миймандур.
Қулпы дөнип әлўан түрлер,
Сайрап өтсе шоқ бүлбиллер,
Бағда өскен шәмен гүллер,
Гүл паслына бир миймандур.
Мал - дүньяға тоймас көзлер,
Нәпси исин тыймас көзлер,
Кең әлемге сыймас көзлер,
Топырақ көмгенше миймандур.
Сапар шегип әлўан - әлўан,
Узақ жолға шықса кәрўан,
Ол көрген саўдалы дәўран,
Қас қаққанша бир миймандур.
Өмир сүрседағы сонша,
Ҳәр бир жанның деми қанша?
Дуз - дәмеги таўсылғанша,
Дастурқанға бир миймандур.
Ҳәр жан өз керегин излер,
Кеўлиң болса нени гөзлер,
Аўзыңдағы шыққан сөзлер,
Изге қайтпас бир миймандур.
Балалық жаслық көргенше,
Нар күш қартлыққа жеткенше,
Ғаррылық саўсап питкенше,
Дәўранына бир миймандур.
Дуўшар келместей әжелге,
Несип етеди ол кимге?
Ҳеш ким қалмайды мәңгиге,
Ҳәмме беш күнлик миймандур.
Алысларда жайласса ҳәм,
Жулдызлар жилўалы мудам,
Бул дүньяда жақсы адам,
Көз қыймастай бир миймандур.
Ўақыт өтип нешше дүркин,
Данышпанлар келсе бир күн,
Кеткенинде орнын ҳеш ким,
Баса алмас бир миймандур.
Қәдир артып бара - бара,
Жақынласса қашық ара,
Жүреклерде қалмас жара,
Ол да кетер бир миймандур.
Атқан таң да, батқан күнге,
Жулдызлар да ҳәр бир түнге,
Ал, жаның ше, ҳаслы кимге?
Жан геўдеңе бир миймандур.
Автор : Азат Даўышбаев
КҮН ТЕМАСЫНА
Көпирме сөз ешекке жүк
Сазда сыйқыр, сөзде ҳикмет...
Сөйлегенде тилге ҳүрмет,
Болмаса әндийше ләззет,
Артықша сөз ешекке жүк,
Лабыр арғыт үшекке жүк.
Ҳәкисленген ўадўасылдай,
Ўасўасылда ийтаршыдай,
Пәйек тутқан көкнаршыдай,
Пәтўа қашқан гезде олар,
Көп сөйлеген езбе болар.
Алғыр зейин мәржан таңлар,
Болса туў қашырым аңлар,
Гәпке шешен нық маманлар,
Ғаўық сөзден бәдар кешер,
Дүр сөз бенен мың даў шешер.
Ўарсақы сөз минсе пәтке,
Дәлил болмас қурғақ гәпте,
Ешек түўе билсең, ҳәтте,
Шубыртпа сөз пилге де жүк,
Терискенли тилге де жүк.
Тийимли сөз аз болады,
Мағызы дәл саз болады,
Кеўлиң бәҳәр, жаз болады,
Сәўбетлессең ойы терең,
Көпти көрген дана менен.
Ой, пикирдиң - сөз липасы,
Сандалма ўаз - гәптиң пәси.
Сасқан үйрек ол, қулласы,
Арты менен сүңгир суўға,
Қоқ гәп айланады пуўға.
Қәдир билген бийлеп өзин,
Шайдай ашып көкирек көзин,
Оқтай жонар ҳәр бир сөзин,
Жетик ойлы сана болып,
Зейни өткир дана болып.
Қышытпа тилин тыймаса,
Жөн билип елге сыймаса,
Аўзы гөжедей қайнаса,
Дуў жыйынлар қуўып салар,
Сөйтип, ол дәккисин алар.
Шүйел тилден ағып "булақ",
Сарсылғанда тыңлар қулақ,
Шүй төбеден турған қулап,
Көпирме сөз ешекке жүк,
Жуўан арғыт үшекке жүк.
Автор : Азат Даўышбаев
Assalawma aliykum hammege 19-asir qaraqalpaq adebiyati shayirlarinin doretiwshiligi ham omiri haqqinda magliwmat barma
Читать полностью…Көп қырлы, көп сырлы әдебиятымсаң
Гөне үйден шыққан әлем жаршысы,
Наҳақлық сийнесин гөзлеп атқышы,
Шығыс ҳәм Батыстың кәрўан тартқышы,
Сен, аўыр теңселген терең уммансаң,
Әрманлы, дәрманлы, мың сырлы жансаң.
Авесто булағы қайнап сағаңнан,
Сыр шертип Тоны көк, Билке қағаннан,
Махмуд Қашқарлыдан, түрки ағамнан,
Бизге жетип келген теңсиз бостансаң,
Әлемге дүр шашқан нурлы дәстансаң.
Журттың жырын бозлап "Алпамыс"ларда,
"Едиге", "Қырқ қыз" да, шоқ жанысларда,
Шешенлик бәйгиге атланысларда,
Қыснақта қысынбай бурқып тасқансаң,
Бизге қанат жайған шексиз аспансаң.
Ахмет Яссаўийден, Ҳәким атадан,
Шашырап оянғанда пирлик тахтыңнан,
Сен Рабғузий болып жулдыз артынан,
Көклерге телмирип атқан зер таңсаң,
Әлемге дүр шашқан мәңги дәстансаң.
Ийилген қуў қобыз гүңиренип қолда,
Қорқыт ата силтеп көрсеткен жолда,
Жыраў - шайырларың көп толқытқанда,
Әзим Ноғайлыда дәртке асқансаң,
Не қыйлы жолларға қәдем басқансаң.
Жаў жағаға, ийтлер етекке үрип,
Аласатлы түрли дәўранлар сүрип,
Гә түйели, атлы, гә жаяў жүрип,
Көшә - көш заманда туўған әрмансаң,
Жан дүньяң қақсаған зарлы адамсаң.
"Посқан ел" сегбири баўрыңды тилип,
Жийен жыраў болдың жолларда бүлип,
Журт жыласа жылап, шадланса күлип,
Жер, көкке шоқ жулдыз шашып турғансаң,
Бизлерге кең отаў арнап қурғансаң.
Күнхожа, Әжинияз, Бердаққа келип,
Еңсеңди көтердиң қайта түргелип,
Зор шайырлар болды өзиңе шерик,
Талай асыўларды тынбай асқансаң,
Әўладың көбейип қурғынласқансаң.
Соңра жигирмаланшы әсирде расы,
Әлўан бағда болып гүлдиң сарасы,
Жилўаланып турдың елге жарасып,
Өйткени, сен мениң мәдениятымсаң,
Гүлимсең, тилимсең, әдебиятымсаң.
Өмир теңизинен мәржанлар терген,
Дүньяға не ҳасыл даналар берген,
Өлмеслик бабында жайнап гүллеген,
Қәлбимниң ишинде қәдириятымсаң,
Көп қырлы, көп сырлы әдебиятымсаң.
Автор : Азат Даўышбаев