qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

752

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

qazaq tilinde oqtın-oqtın demeytuǵın ba edi ?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Hárdayım bar sóz ,Bala gezimizde esitetuǵın edik .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ҳәрдайым деген өзбек тилиндеги постоянно, всегда деген сөз. Бизде улыўма жоқ сөз бул. Бул каерден алынған? Авторы ким?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Arasında dese de boladı.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Азат, сәлем. Мына қосықларыңыз топлам болып баспадан шықты ма? Китапларыңыздың пдфин маған тасласаңыз.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

1.Тат баскан.
2.харуак.(уакты-уакты).
Хардайым (доимо-постоянно,тураклы)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Мениң тәнҳә жанымсаң өзиң

Миллион гүлден айрықша лала,
Қоздай ғыжлап шарпыған шала,
Арыўлықта сен бара - бара,
Ҳәўижге мингендейсең өзиң.

Муҳаббат май сөгин уўытқан,
Өмириме мәни жуўыртқан,
Ашыўлансам дәрҳәл суўытқан,
Мениң тәнҳә жанымсаң өзиң.

Көзи моншақ, қасы қәлем де,
Бәс байласа алмас сәнем де,
Тең - тайы жоқ ҳеш бир әлемде,
Мениң тәнҳә жанымсаң өзиң.

Ел мәпине йошландырған да,
Кеўлим таўып хошландырған да,
Ылғал берип атландырған да,
Мениң тәнҳә жанымсаң өзиң.

Ғам, қайғыны қуўып сергиткен,
Бес пердеге бәнтин бекиткен,
Қапа болсам заўықлы шерткен,
Кеўлимдеги тарымсаң өзиң.

Тәрийпиңе арнап пикирим,
Қалдырмай жазайын үтирин,
Тәғдир қосқан жаным, шүкирим,
Бул дүньяда барымсаң өзиң.

Жан дүньямды шуўақландырған,
Ышқың менен қуўатландырған,
Ләбте шекер, палға қандырған,
Сен дәрманым, ҳалымсаң өзиң.

Кеўилимди шарлап жайлаған,
Әндийшели гүллер сайлаған,
Жүрегиме тамыр байлаған,
Аппақ намыс, арымсаң өзиң,
Бул дүньяда барымсаң өзиң.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төртликлер

Қурсақтан шығып соң қурсаққа кирмек,
Бул айланба дәўир кимлерге демек.
Келгенлер мәлим ғой, жасап атыр, ал,
Кеткенлерден ҳеш те болмаған дерек.

💥💥💥

Бир қәўим бар, суўдай зуўлап атырған,
Бир қәўим бар, тынбай шуўлап атырған.
Соннан өтип жолың таўсылған жерде,
Бир қәўим бар, мәңги үнсиз жатырған.

💥💥💥

Ҳә деп, тырнай берме дәрттиң жарасын,
Бул жәҳәнге көзиң тойып қарасын.
Кимлер көрип келген, ҳеш ким айталмас,
Еки дүнья кеткен жолдың арасын.

💥💥💥

Дурыс, қуўат ушын керекдур тамақ,
Ҳайўанда ҳәм болар ишпек, асамақ.
Ең бахытлы өмир аңласаң, билсең,
Инсаниятқа дәркар болып жасамақ.

💥💥💥

Ақшам жымыңласқан жулдызлар недур?
Қолым жетпес, бәри жанға зердедур.
Телмирип оларға қараў не керек,
Ҳақыйқый жулдызлар, мине, жердедур.

💥💥💥

Эй, нәзәлим, асып кетти,
Гөззал сустың басып кетти,
Сени көрип тамсанғанда,
Кеўил сүтим тасып кетти.

💥💥💥

Мәртлер садық қалып дослық уранға,
Дана бас ийеди ҳәдийс, қуранға.
Мақсети қорқытпақ, қан төкпек болып,
Ақмақ жүгинеди суўық қуралға.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ўа, қүдирети ҳөктем, ҳәзирети ҳүждан...

Ўа, қүдирети ҳөктем, ҳәзирети ҳүждан,
Болсаң Ҳақтың берген жанның ҳаўазы,
Әлимсақтан жасап келген мүтәждан,
Сеннен ибират алар инсан баласы.

Бирақ, ийт тартқан туўлақтай жулып мүшеңди,
Қәдиксиреп ишки шынлықтан бирден,
Қаза етип сениң бар әндийшеңди,
Базы осамаслар көмип үлгерген.

Олар ҳүкимиңнен шоршып оянып,
Әлле неткен жаман түслер көргендей,
Нықап реңи менен жүзин боянып,
Жасап келер өлмей турып өлгендей.

Сениң мөҳирлеген изиңди сүйип,
Өзиң қәдем басқан жолға түсиўди,
Ҳүждан, ким қәлейди отыңда күйип,
Запыран өкиништиң уўын ишиўди?!

Әдил ҳүкимиңди нардай қулшынып,
Бир көтерсе, тек те мәртлер көтерер.
Нәмәрт тайсалақлап, қопсып, жулқынып,
Сени көк ешекке терис бөктерер.

Қытгершилик яки жоқ болған жериң,
Гүллән жәҳилликтиң жылан ордасы.
Сенсиз масайраған жанның ишкени,
Мисли шайтанлардың мәслик сорпасы.

Қулақ ушына дейин гүнаға батқан,
Жанға қорқынышсаң ет түршигерлик.
Ал, бендеге болған жан кеўли ҳақтан,
Уллы мақтанышсаң илҳам берерлик.

Өзиң әспек болмай, жетим қалғанда,
Бота бозлармеди аўыр көшлерде?
Тең бахытлы болсаң, ҳәрне ялғанда,
Қанлар қақсармеди кекли өшлерде?

Наҳақ тис батырып сен жазалансаң,
Ҳақтан жанып базда жәбир тартасаң,
Елим, халқым дейип ким қазаланса,
Өлмес гүўа болып бирге барасаң.

Көплер кодексиңди шынтлап аңласа,
Судья, адвокаттың қәжети болмас.
Ким минберде сени сатып сайраса,
Оның саған түк те нәжети болмас.

Ўа, қүдирети ҳөктем, ҳәзирети ҳүждан,
Көрген дәўранларың әлўан да мың сан.
Өмириң Адам ата шежиреден тартып,
Айтсам, адақланбас бир уллы дәстан.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalamu alaykum kanal admini kim eken jekege jazip jbere alaspa

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

4 qaldı tekstten 1 tuwrı keledi eger eki márte paydalanıwǵa bolsa, biraq shınıǵıwdıń shártinde aytılmaǵan

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Aldıńǵı betin de túsirip jiberiń, neshinshi klastıń kitabı edi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Awa,bar qaraqalpaq tili kitapta bar sabaqlıqta

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://www.instagram.com/turkicdialects/

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Orfografiyanıń qaǵıydası bar. Soǵan baǵınasań.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Hárdayım degen bárhama degen sóz ,hárdayım bolsın quyash degen qatarlar bar edi qosıqlarda .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

К.Каримов Онүшинши ауыл романы

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бундай жерде жийи-жийи, гейде деген сөзлер қолланылады.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Waqtı -waqtı menen ,hárwaq -hárwaqta degen maqul ma dedim.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Негизи бәрҳа, мудамы, удайы деген сөзлер бар бизде

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Усы хардайым деп дурыс қолланылған ба

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

/channel/+_F_azIzFEvM4NDEy

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

қәжети-ҳәжети,адақланбас- адаланбас(ада болмас)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Сержанбайдың артынан жүдә пәкизе кийинген Теңел көринди, ол жуўырып келе сала қалтасынан аққа қызыл жипектен нағыс ойылған орамал шығарып усынды.
- Ерназар аға, әжапам берип жиберди.
- Рахмет, - деди де, Ерназар оның басынан сыйпалады. Баланың Ерназарға не инам еткенин аңғармай қалған бай оны шақырып атлардың басынан шықпаўды тапсырды да, толып-тасып турған Ерназарға және бир күлип қарап қойды.
Бас ўәзир менен ахун Ерназарға кимниң не инам қылып не десип атырғаны менен иси болмай, бир-бирине көз астыларынан қарасып әлле нәрселерди ымласты.
- Уллы ханымыз, - деди бас ўәзир. - Енди пүткил Хорезм бул палўанды сиз қойған ат пенен Алакөз дейтуғыны даўсыз. Аммо, Алакөз палўан сизиң ағла ҳүрметиңизге қайшы келип, орыслар менен урысып, жеңип, салтанат қурып атырған пайтыңызда не ушын бир орысты азат қылыўды сорады. Бәлким, ол орыста мусылманлық бир қәсийет бардур, датханаға келип тәрийиплеп берсин.
- Ҳа, мейли! - деп хан түргелди.
Басқа еллерден шақыртылған ҳүрметли қонақларының ортасында тасып, салтанат пенен кетип баратырған ханның изинен қарап лалы шығып ойланып турған түркий ахунды бас ўәзир түртти.
- Меҳманлар менен қосып әкетпегенине өкпелемеңиз, екеўимиз изирегинен барамыз.
- Ооо, бас ўәзир! - деди ахунның үскини қуйылып. - Өкинишли. Жансыз Грушин Хорезмниң барлық бийнеқуясын ядында билип кететуғын болды, ядында!
Бас ўәзирдиң аяқларын ат басқандай бирден сескенди.
- Уллы хан бул жағына ой жибермесе, не қыламыз?
- Уллы Хорезм ушын қашанғы мен күйип писемен?...
Қандай дәрежеде күйип-писсе де, ап-аңсат көз жас төгип сөйлесе де, ҳәккедей айналасынан көз алмайтуғын ахун адамлардан шетирек турған Шәрип молланы бир бармағы менен шақырды.
Түйениң боталағындай гәўмис Шәрип молла орақтай иймек мурнын бир тартып, селдир жийрен сақалын сыйпалаўы менен үлкен геўдесине ҳеш жараспайтуғын шақшадай басын ишке тартыңқырап, мисли қара сабақтай көзлерин қыпылықлатып-қыпылықлатып, уры тазы киби қыйпақлап қасына барды.
- Әй молла, өгиздиң күши питкенге, өгиздиң ақылы питеди деген гәп бар қарақалпақларда. Сол Алакөз палўанға тийисли ме жоқ па?
- Баҳаңыз дәл келеди, ахунымыз, - деди молла. - Абайладыңыз ба? Алакөз түси суўық жыланға мегзейди. Ким де ким далада тоңып жатқан жыланды аяп жыллы жерге әкелсе ол алды менен соны шағады.
Бас ўәзир Шәрип молланың кишкене басынан таң қаларлық ақыл шыққанына таңланып, және нендей мазалы гәпи бар екен деген сораў нәзери менен телмирди.
- Бизде мынадай еки даналық бар, айтып кетейин кетейин, - деди молла. - Атқа алтын ер салсаң да сол жүриси. Шошқаның азыўын қағып, қулағын кессең де баяғы шошқа. Алакөзге бийлик түўе, алтын тахтқа отырғыз, сол өгиз Алакөз. Егер қарақалпақтан ақыллы жигит керек болса Фазылды дыққат тута билиңиз.
Тойға келген аўылласлары менен сәлемлесип болып киятырған Алакөзди молланың көзи шалып:
- Кешириңиз, уллы бас ўәзир, кәраматлы ахун, - деди де, бир қырынлаўы менен өз топарына қарай жылысты.
Ахун бас ўәзирге сыбырлады:
- Хан алдына барғанда кешеги урыста ерлик көрсеткен Фазылға бийлик сораў керек.
- Есимде.
- Ҳа, бәрекелла! - Ол Ерназардың жақынлағанын көрип бас ўәзирдиң аяқларындағы гүлмыйықлы сары геўишлерин мақтаўға өтип, даўысын көтерди. - Наятый жақсы геўишлер тапқансыз. Бундай геўишлерди уллы ханымыз еле кийген жоқ. - Ахун алақаны менен бас ўәзирдиң геўишлерин сыпырды. Ол өз нәўбетине ахунның арқасының шаңын қақты.
Ерназар ишинен: "Ешек-ешекти қарызға қасыйды" деген усы-дә! деп, бирақ елестирмеген болып қасына келип тур еди. Бас ўәзир бир қолы менен оның белбеўинен услады.
- Хорезмниң бахты ушын қандай күшлисиз! - Ерназардың тонының ийнинде шаң болмаса да бармақлары менен шертип-шертип жиберди. - Алакөз, сиз неге сонша өжетсиз? Сол орыстан не қайыр-сақаўат табаман дейсиз?
- Егер, сизлер де Грушин менен тиллессеңиз, көз ушында жанған бир шырақ көресиз. Ооох... Пүткил Хорезм сол шыраққа бет алса еди...
- Алакөз, өте қыялпазсыз, - деди бас ўәзир жуўасып. - Жасыңызда ертек тыңламағансыз ба? Анаңызды жүдә дилўар ҳаял дейди, талай ертек айтып берген шығар.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 01

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

4-qosıq 1-maģlıwmatqa tiyisli

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

2 -> 1
3 -> 5
4 ->
5 -> 9
6 -> 3
7 -> 7
8 -> 2
9 -> 8

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykum usini tusinbey atir edim.Bilseńiz aytip jiberinsa

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қуллас кәлам, пазыйлеттиң,
Бас арбасын дана тартқай...

Бир нақыл бар, ойлап көрсең,
Әлўан сапта дәўран сүрер :
"Баслы арба қайдан жүрсе,
Соңғы арба соннан жүрер".

Ҳақ нақылға гүманым жоқ,
"Халық айтса, қалып айтпас".
Ел шағласа, әрманым жоқ,
Әнтекшилик кимде болмас?!

Ата - бабам мәкан жайға,
Өлип - талып зорға жеткен.
Не заманды көре - көре,
Сөз қалдырмай айтып кеткен.

Сүрдеў жолда арба тартып,
Аўан минсе алтақтаға,
Соңғыларды жарға тартып,
Ўайран етер насыр ҳалға.

Бар ма, елим, ядыңызда,
Сазға қоса жыраў, бақсы,
"Арбадағы алты қызда",
Бердақ бабам не айтпақшы?!

Заң бузыўшы заңғар кимсе,
Усламағай ел тутқасын.
"Дуз айныса не салар?!" деп,
Ел шубырмай шалт тоқтасын.

"Бал тутқан бармағын жалап,
Бас ислеткен пара берер"...
Парасы жоқ зыр жуўырып,
Өкирең қағып бара берер.

Тәм етип көп жолды баса,
"Бар, табағым, кел, табағым,
Наўа дәңгилиң болмаса,
Жол ортада сын, табағым".

Тәм еткеннен ең жаманы,
Жутынып жүз қуныққаны.
Ҳамалы бирдиң самалы,
Бир болар деген бәд аңы...

Журт арбасын басламағай,
Соңғы арба ҳақ жол таўып,
Өкиниш көз жасламағай,
Әттең әйлеп, еси аўып.

Енди ҳеш ким қуў сырыққа,
Телпек илип сөйлеспегей.
Қырққа келгенше бир нырыққа,
Келмедиң деп әйлемегей.

"Бай менен бай қуда болса,
Еки жолда жорға сүрер",
Бай, жарлы сәл қуда болса,
Әттең әйлеп зорға жүрер.

Гөр өгизге туўған күнлер,
Баспаққа туўмасын десең,
Өтмиштиң дүркин - дүркинлеп,
Қәтеси болмасын десең,

Шәддес жасы үлкенлердиң,
Басы үлкен бола бермес,
Оған ерген үкелердиң,
Ҳалы дәкең бола бермес.

Сергек қәлбиң ҳәс аңласа,
Өтмиш пенен дәўран сүрме,
Баслы арба қыйқаңласа,
Соңғы арба, оннан жүрме!!!

Қуллас кәлам, пазыйлеттиң,
Бас арбасын дана тартқай.
Алдыңғы арба алжасса,
Оны жетик сана тартқай.

Бизлердиң қәтемиз бенен,
Заман бизди сынап барар.
Серли әўлад зор ел менен,
Жең түрип, бел қынап барар.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

🤷🏻‍♀🤷🏻‍♀🤷🏻‍♀🤷🏻‍♀

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

-stan qosımtasınıń aldına shárt emes báribir.

Читать полностью…
Subscribe to a channel