Ғаз баласы
Қурықтан шығып төте яңлы,
Сүйсиндирип ҳәр адамды,
Суўға түсип қалытқы яңлы,
Қалқып жүзер ғаз баласы.
Бул өнерди ким үйреткен?
Жүзсе, қалыспас үйректен,
Жулып жеп пишен сүйриктен,
Талтаңлайды ғаз баласы.
Үпилдирик мамықтайын,
Ана ғаздан айрылмайын,
Шаққанласып ол күн сайын,
Балпаңлайды ғаз баласы.
Ғаз анасы жан тиринде,
Айбат шегип жаў түрине,
Ғаңқ - ғаңқ етсе өз тилинде,
Жалтаңлайды ғаз баласы.
Ойнағандай баллар қалақ,
Қуўалай жүзип ғаллығалақ,
Бири - бирин түртип қарап,
Арбаңлайды ғаз баласы.
Бир сызықтан жүрип сәнли,
Сап тартысып нөкер яңлы,
Ҳәм тырбаңлап бөпе яңлы,
Жортаңлайды ғаз баласы.
Қанат қатса ушаман дер,
Ушып көкти қушаман дер,
Мәканлы жайында егер,
Жүрими болса ғаз баласы.
Автор : Азат Даўышбаев
Усы саған - уллы Ўатан
Өз мийримин берип анаң,
Тийтырнағын салса атаң,
Ўақтынша бир мәкан емес,
Мәңгиликке қалсын Ўатан.
Ақ бесик, қәбир арасы,
Көп жерлердиң ең сарасы,
Қарақалпақтың кең даласы,
Усы саған - уллы Ўатан.
Миллет асын асаған жер,
Ана тилиң жасаған жер,
Естен шығармасаң егер,
Усы саған - уллы Ўатан.
Халқыңның кең пейил түри,
Шалқып турса ел дәстүри,
Қәлбиңде жасаса бәри,
Бул да саған - уллы Ўатан.
Өзге жерди ҳәўес етпе,
Ҳәўес етсең, қаңғып кетпе,
Киндиктен қан тамған жерде,
Жүрегиңде қалсын Ўатан.
Ҳүрмет етип ҳасыл затын,
Көксиңнен түсирмей атын,
Қәстерлесең муҳаббатын,
Бул да саған - уллы Ўатан.
Сегбир тартып, болып сарсаң,
Мәгар жырақ кетип қалсаң,
Келип кеңирек нәпес алсаң,
Бул демиңде бардур Ўатан.
Нәзерленсең қыя дүзге,
Жақыныңдай енип жүзге,
Оттай басылса бул көзге,
Көргениңниң бәри - Ўатан.
Қара таўдың қыр қыясы,
Шылпықтың саз тақыясы,
Гөне заман ўақыясы,
Дөрелген жер - уллы Ўатан.
Айдарлы селеў ҳәм жуўсан,
Қарабарақ, жыңғыл мың сан,
Сексеўил, жантақты айтсам,
Жаныма жат емес ол ҳәм.
Ол ҳәм тамырласса, өссе,
Қара тал, тораңғыл десе,
Ҳәр иргеде көзге түссе,
Соның асты - маған Ўатан.
Туқымы гүл, боянлардың,
Таўшан кийик, қоянлардың,
Ҳәтте, шаян, жыланлардың,
Өскен жери - уллы Ўатан.
Балалығың, шоқ жаслығың,
Кисилигиң, қуў қартлығың,
Садықлығың, турақлығың,
Көринген жер - уллы Ўатан.
Жат журтта бир атқан таңда,
Сағынышы қыйнағанда,
Жүрегиңе сыймағанда,
Елес - белес турар Ўатан.
Жаў шапқанда не бир заман,
Қос бузарда ата - бабаң,
Анда посып, мында посып,
Ҳәр қонысқа болып алаң.
Ақыр бир күн турақлады,
Посқынлықтан жырақлады,
Шегин сызып жуўмақлады,
Болсын деп, урпаққа Ўатан.
Шейит етип не бир ерди,
Жанын берди, қанын берди,
Бирақ, ары өзгермеди,
Қалсын деп, әўладқа Ўатан.
Ҳәр тәрептен қарап сени,
Өмириңе жарап сени,
Ақ жуўып, ақ тарап сени,
Кепинлеген жериң - Ўатан.
Түркмен менен өңирлескен,
Өзбек пенен биргелескен,
Қазақ пенен иргелескен,
Усы жердиң бәри - Ўатан.
Көп жерлердиң ең сарасы,
Қарекеңниң "Бес қаласы",
Қанат жайған кең даласы,
Буның бәри - саған Ўатан.
Жуп шамшырақ гәўҳарындай,
Ер азамат пәк арындай,
Жүректеги от жалындай,
Лаўлап турсын усы Ўатан.
Автор : Азат Даўышбаев
Assalawma aleykumler Til haqqinda naqil maqal tawip berin"da kimde bar,aldinnan raxmet....
Читать полностью…Өз елимде атқан таң сулыў...
Өз елимде атқан таң сулыў,
Таңда оянған аспан сулыў,
Туўған жерде, ҳәтте, тозаңғып,
Бурқып атқан аппақ шаң сулыў.
Сулыў сенде өткен күнлерим,
Жулдыз санап жатқан түнлерим,
О, туўған жер, өзиңнен артып,
Кететуғын жерди көрмедим!
Көрмедим бул кеўил қумарын,
Өзге журтта еркин турарын,
Қайда жүрсем, тартар да турар,
Жүрегимнен алып не барын.
Барын арнап жасасам сенде,
Буннан артық бахыт жоқ менде,
Қуўанышың, қайғың да пүткил,
Тамырласып қалды кеўлимде.
Кеўлимде бар сан мың әндийше,
Бирақ, олар сенсиз өзгеше,
Өзгеше сайрайды қуслар да,
Көлинен айрылса ҳәмийше.
Ҳәмийше турса, зер қәпесте,
Бүлбилдиң ҳәм жүреги қәсте,
Қанат қақпай муңлы сөнеди,
Сырлы сести кем - кемнен әсте.
Әсте ғана келер де, қулар,
Жайлаўынан айрылған ғунан,
Жанарынан жаслар тамшылап,
Өз үйирин сағынар мудам.
Мудам қайғы, ҳәсирет қапласа,
Сум айралық жанды жалмаса,
Гүл өмирден сәни кетеди,
Ана жердиң дузы тартпаса.
Тартпаса, жаныңда жоқ жылыў,
Ҳеш бир қуяш бермес ысыныў,
Өйткени, ол ҳәр бир инсанға,
Өз елинде атқан таң сулыў.
Автор : Азат Даўышбаев
Nurabıllaǵa gezek berilgen waqıtta hayallar toparınan kózleri sál qıytarlaw, kempir bet birewi dámelengendey bir qıymıldaǵan edi
Нурабыллаға гезек берилген ўақытта ҳаяллар топарынан көзлери сәл қыйтарлаў, кемпир бет биреўи дәмеленгендей бир қыймылдаған еди.
Кемпир бет болған менен өзи жас екен, ойы иске асқаны ушын бетине қан жуўырып, көзкөреки ашылысып жасарып сала берди.
Усы мысаллардагы КЕМПИР БЕТ кандай маниде берилген? Пикирлеринизди айтсаныз.
Бул қосықты союздың уактында бизлерде уйренип едик. Бәрҳама болсын қуяш дейтин едик.
Читать полностью…Күн темасына
Ҳәр кимниң бар өлшеў тасы өзинде...
Ҳәр кимниң бар өлшеў тасы өзинде,
Қумырысқаның нәзер салсақ жүгине,
Өзлерине батпан салмақ көринер,
Зәрре түйир болған менен бизлерге.
Сол дегендей, сениң дүнья қарасың,
Баз биреўге шақ келмейди өмирде.
Бирақ, инсан өз қәддинен дым асып,
Турған жерден секирмейди өмирде.
Ҳәмме сиз ҳәм биздей бола бергенде,
Шегаралар тутармеди еллерге?!
Мәплер дағыс, пикир қағыс болған соң,
Зәрүрликтен бөлинген ғой, жерлер де.
Қус ол қус қой, билгиң келсе шыбынды,
Қыялыңда шыбын болып ушып көр,
Бул бир мысал, ким билди, ким уғынды?
Ең баслысы, көкирек көз болмасын көр.
Әлўан пикир, плюрализм - призма ол.
Көп ойлардан шығар реңли, нурлы жол.
Бийжөнди де, жөнди де өз тасына,
Тартып көр де, өз мүлкиңе сергек бол.
Ой - өристиң тар болсалар шеңбери,
"Менлик" жайдан шыға алмай терлейсең.
Көзиңди жум, әлем шарлап кел, бери,
Сонда ҳәр ким, ҳәр түрлигин серлейсең.
Ойлай билген ой сүреди салмақлы,
Салыстырып талай он сан бармақты.
Мен дүньяны қалай көрсем, солай деп,
Дана адам илип қоймас қармақты.
Көз шетине тосық тутқан атлардай,
Биреў көрер өмирдиң тек бир жолын,
Қоңсы жолда не барлығын аңламай,
Көп гүмилжи етер және оң, солын.
Сен таныған өмир, бәлким, әжайып,
Ал, биреўге турғандай ол сусайып,
Қарыс пенен шенеп алған метриң,
Биреўде кетер келтерип я узайып.
Бир сүўретши қыс тулғасын көп салып,
Бир шайырлар бәҳәрди мол жырлайды.
Өз пикири болмаған соң көз салып,
Басқалардан биреў пикир урлайды.
Нар түйеден базы пиллер тайнапыр,
Пилден дәпен жираф бийик ол, ақыр.
Адамлардың ойлаўы да сол киби,
Бири келсе, бири келмес, ол пақыр.
Дәрбент жолда дийдарласқан пикирлер,
Тил табысса, бир тоқтамға иркилер,
"Мен не деймен, қобызым не?" деместен,
Көпке татыр идеялар түртилер.
Автор : Азат Даўышбаев
Илимнен нәр алса ҳийле ҳәм сумлық,
Ең қымбат нәрсе де болар бир пуллық.
Биз әўере болдық телефон менен
Әне, буны илим, техника дейди,
Интернетлик пенен сана есейди.
Инсан кеўли және нени күсейди?!
Биз әўере болдық телефон менен.
Жатсақ та, турсақ та, жанда - телефон,
Күндиз, ақшам, ерте таңда - телефон,
Ҳәр күни сапада, санда - телефон,
Биз әўере болдық тап соның менен.
Үй - жумыс арасы қәдем басқанда,
Асханада жүрип аўқат асқанда,
Ошақта сүт күйип, тасып қашқанда,
Биз әўере болдық телефон менен.
Ойыншық саўдадан өкше көтерип,
Нәресте жыласа, қолына берип,
Сол гөдекке зыян нурын өңгерип,
Биз әўере болдық телефон менен.
Дастурқан әтирапы қонып төсекке,
Биссимилләны айтып ас, нан жесек те,
Дым иштейли болып сыпсың өсекке,
Биз әўере болдық телефон менен.
Гә билимге толып, гәҳи сүринип,
Гә өмирди сүйип, гәҳи түңилип,
Еңсемиз нақ қатып, пилдей үңилип,
Биз әўере болдық телефон менен.
Ҳәр заманға бола бир заман деген,
Жаңалыққа өш ғой, бул адам деген,
"Билгиш" болып түрли мәпти гөзлеген,
Биз әўере болдық телефон менен.
Ата - бабаларым бурын мәәә, саған,
Билмем, телефонсыз қалай жасаған?!
Ҳәр қандай прогрессиз өмир ақсаған,
Деп, әўере болдық телефон менен.
Турмыс тараўына тереңирек кирген,
Бир мүшемиз киби айрылмай жүрген.
Болсақ та, пайдасын, зыянын билген,
Биз әўере болдық телефон менен.
Тап қашып кетердей, бастың ушынан,
Оған орын сазлап көпшик тусынан,
Бирге жатып турып түнде, усыннан,
Биз әўере болдық телефон менен.
Бир күн жүрер болсақ оған асылмай,
Кеўил қарар таппай, маўқы басылмай,
Оған ышқымызды ҳасла жасырмай,
Биз әўере болдық телефон менен.
Базда шектен шығып жанға батқанын,
Айта салып, буны елге сатқанын,
Садағасы кетсин ойлап тапқанның,
Деп, әўере болдық телефон менен.
Ғәниймет досларға қушақ ашқанды,
Ағайин, туўғаннан хабар алғанды,
Сийрекситип жанлы қатнасықларды,
Биз әўере болдық телефон менен.
Алыс - жақын болып оңайлық татыр,
Үй, жайдан шықпай - ақ, ис питип атыр,
Қәйтсеңдағы, өмир сол өтип атыр,
Әўере - сарсаң боп телефон менен.
Жипсиз тусаўланып, изине ерип,
Көздиң майын берип, гәўҳарын берип,
Ҳасла ада болмас ўәжлерин терип,
Биз әўере болдық телефон менен.
Деймиз, бирақ, олсыз жасамақ қандай?!
Аса кеткен шекер - артықмаш палдай,
Көп нәрсеге дәркар мәденият сондай,
Мәдениятсыз нешик телефон менен?!
Автор : Азат Даўышбаев
Мен қосықтың масағын,
Терип жүрген уқсайман
Әдебияттың гүл бағын,
Қарап турсам не жайдан,
Мен қосықтың масағын,
Терип жүрген уқсайман.
Жазған қосықларыма,
Ҳеш те қәнәәтим жоқ,
Писетимде барыма,
Ҳасла емес кеўлим тоқ.
Кеше жазғанларымның,
Өлшеп көрсем жүгин мен,
Салмағын да жарының,
Көтермеппен бүгин мен.
Гейде жай деп салғаным,
Бир ықлама қос шығар,
Базда жүрген жолларым,
Наўасы жоқ бос шығар.
Жасап кеткен екен - аў,
Бизге дейин шайырлар,
Ал, мен суўсыз бос арна,
Мысал тепкен қайырлар.
Жүзсем, дәрьядан, сайдан,
Ақшам, күндиз, песинде,
Еле жүрген уқсайман,
Қосық әлипбесинде.
Бирақ, саған қайылман,
Руўҳым, ҳасла шөкпедиң,
Поэзия пиринен,
Үйренбегим көп мениң.
Халқымызда бир гәп бар :
Жормал, - дейди, - жүргенге,
Ырзаман қосық пенен,
Жүрип дәўран сүргенге.
Автор : Азат Даўышбаев
Қарақалпағымның гөззал қызлары
Қарақалпағымның гөззал қызлары,
Ләйли, Зухралардан кем емес бәри,
Тап өзиндей сулыў бахты, ығбалы,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.
Миллий кийим кийсе, қандай жарасар,
Жилўасына көкте жулдыз таласар,
Мәгар ийбе қылса назы қыр асар,
Қарақалпағымның арыў қызлары.
Сәнли атларының өзи бир дүнья,
Жалт еткен жулдыздай көзи бир дүнья,
Сөйлесе тилинде бардай мәргия,
Қарақалпағымның арыў қызлары.
Бири ҳүр Айымхан, бири Гүлайым,
Бири гүл Арыўхан, бири Қаншайым,
Ашықларды өртер назы күн сайын,
Қарақалпағымның айдай қызлары.
Таўыстай таранып шықса Гүлсәнем,
Аўзын ләң ашысып қалады әлем,
Имләсына қымбат шекилмиш қәлем,
Қарекеңниң сондай гөззал қызлары.
Ораза айында туўған Оразгүл,
Бәс байласа алмас оған бираз гүл,
Жүз бурып кеткендей шәменнен бүлбил,
Қарекеңде көпдур перий қызлары.
Ай десе, Айымхан, минсиз Минайхан,
Айдан да келбетли тең - тайсыз Айхан,
Жер жүзинде бар ма, сондайын жанан?
Бәршеси елимниң шоқ жулдызлары.
Гүллердиң сарасы зердей Сарыгүл,
Мың дәртлерге дәрман мисли Дәригүл,
Аның жүрип өткен жери бәри гүл,
Көрген жигитлердиң аўар аңсары.
Қәлем қасы қыйғаш, көзлери сүзик,
Сүйрик бармағында перўза жүзик,
Мудам жасар сәнли салтанат дүзип,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.
Елде Ғумшалар көп сулыў Дилбардай,
Ҳәр биринде шексиз беккем сыр бардай,
Мәгар қыя бақса жанды алардай,
Қарақалпағымның арыў қызлары.
Гәпти астар менен бежерсе Зерхан,
Тубалап қалады ҳәр қандай шер, хан,
Өйткени, тәнинде дилўарлықтан қан,
Толып - тасып ағар буннан да ары.
Бир сүўретши тахтқа мингизип қойып,
Зер сүўретин салса көркине тойып,
Бул не деген қүдирет, теңсиз әжайып!
Деп, ығысар еди туристтиң бәри.
Қустай қыялланса базда Айшолпан,
Таңда көзи қыймай батыўға шолпан,
Ақшам усы жерден излейди мудам,
Қарекеңниң ҳүрдей арыў қызларын.
Сайланды гүллердиң зоры Гүлнара,
Ақыллы сөз айтса шақмақтай дара,
Мен деген жигитлер еталмас шара,
Олар бизиң елдиң алғыр базлары.
Бийликли Бийбиназ, серли Сәрбиназ,
Қырқ түйени мерткен қыздың бәри наз,
Арын қорғай билсең, кеўли бәҳәр, жаз,
Бизиң елдиң аппақ намыс қызлары.
Журтымда жасайды ҳүрдей Ҳүрлиха,
Арзыў - әрманлары шыңларда, бәрҳә,
Ҳеш бир жерде жоқдур тек бизде, тәнҳә,
Батыр Тумаристиң алптай қызлары.
Жан әлеми айдай арзыр Арзайым,
Күндей күлсе бәрше минсиз Минайым,
Мисли жәннет етер отырған жайын,
Қарақалпағымның дана қызлары.
Қуллас, дүркин - дүркин ҳасыл қыз бала,
Олар халық ишинде ертеңги Ана,
Миллет мақтанышы, бәри дүрдана,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.
Автор : Азат Даўышбаев
Мәнили қатарлар
Сылбыр ердиң танаўына жип тағып,
Өзи ойнас тутқан қатын - бәд қашар.
Яры бола нәмәҳремге көз бағып,
Ҳәр гүлди бир ийскелеген ер - нашар.
Бузақысы болса қатын, еркекте,
Дозақысы оның жайы - жер, көкте.
💥💥💥
Намыс деген - ер жигиттиң саўлаты,
Ары менен ат көтерер әўлады.
Қыздың сәни - ийбеси, пәк жилўасы,
Нәзиклиги және аның ҳүр басы.
Ары өлген жигит жоқдур қатынша,
Уяты жоқ қыз, келин - бир шайтанша.
💥💥💥
Бул дүньяда мәңги турмақ жолында,
Болса еди тәғдир бенде қолында,
"Өлим" сөзин алып таслап сөзликтен,
Жасар еди әжел көрмей соңында.
Ким қәлейди жасап турып өлмекти?
Лекин буны бендесине бермепти.
💥💥💥
Биреў айтар : Өмиримде пәлен бар,
Биреў айтар : Табысымда төлен бар.
Қолдан кеткен шығынларға ашынба,
Өмир соңы "жоқлаў" деген өлең бар.
Жапқан қапы ҳеш ашылмас изиңнен,
Шыға қойсаң тиришилик дизимнен.
💥💥💥
Аўлақ болсаң, урлық пенен зинадан,
Жырақ болсаң, жалған деген гүнадан,
Сәл алжасқан исиңе көп өкинбе,
Қай жерде бар сүттен аппақ ҳүр адам?
Кемшиликсиз өмир жолы бос емес,
Кеширимди билмеген дос, дос емес.
💥💥💥
Еки толғақ қыл үстинде жүргизер -
Бири туўмақ, бири өлмек, дегизер.
Жақсыға да, жаманға да тең бөлип,
Әжел заңғар зағарасын жегизер.
Жақсылардың ҳасыл деми - шын өмир,
Жаманлардың ақырети - шым көмир.
💥💥💥
Ким гәп етсе сениң бары - жоғыңды,
Түсинбеске атпа ғәзеп оғыңды,
Парасатлы сабыр сақлап тур қарап,
Аның өмири турмас ҳасылға жарап.
Жаман менен жаман болсаң, жамансаң,
Урыспай - ақ, бас бәйгини аларсаң.
💥💥💥
Ғам - қайғыға төзим бермей өлдиң бе?
Қар астынан шыққан гүлди көрдиң бе?
Зейниң менен зияратқа сен барсаң,
Айтатуғын сөзи бардай гөрдиң де.
Олар айтар : Үмит етип жатырмыз.
Сизлер айтың, тилек етип атырмыз.
💥💥💥
Бәҳәрде ашылған гүл деми қысқа,
Бирақ, заўқы, сапасы бир мәңгилик.
Сол емес пе, тарап кеткен тум - тусқа,
Жақсылардың бар өмири жаңғырып?!
Жақсылардың бир қәдеми әсирдей,
Жаманлардың адымы мың кесирдей.
💥💥💥
Шашқа түскен гүмис қыраў не өзи?
Қыйырман да, шыйырманның мың сөзи.
Ҳәр дәўирдиң жарасығы өзинде,
Ҳәр бир жанға ҳикмет айтар сол жүзи.
Жүзге түскен әжим - өмир жолыдур,
Ол сүўретши тәғдирдиң бир қолыдур.
Автор : Азат Даўышбаев
Көсе деп мурт сақал шықпайтуғын ер адамды айтады. Алдыңғы мысалда кемпир бет деп ҳаял адамды айтып тур. Бул Маман бий әпсанасынан алынған.
Читать полностью…Ассалаума алейкум. Қосықларымның ҳеш биреўи китап жүзин көрген жоқ еле. Бәрин өзимде топлап жүрмен.
Читать полностью…Kempirbet dep bet-álpeti ajarsızlaw bolsa aytatuǵın shıǵar, bet-álpeti jıyrıqlaw degenim, kempirdey dep aytadı ǵoy uzın kóylek kiyse, shashın pardozlamasa,soǵan qartayǵan kempirdey bet-álpeti jayqıyǵan adamlardı aytqan ba dedim,
Читать полностью…Mınada hárdayım degendi turaqlı dep alǵan ,jóteldi aytajaq bolǵan bunda ,biraq ne ushı hárdayım -hárdayım dep alǵan eken ? Tez-tezden dese de bolmas pa edi.
Читать полностью…