qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум. Г. Даулетованын Ана Тил хаккында косыгы бар болса таслап Бере аласызба?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Керекли қатарлар

Келдиң бе, әрманлы пәний дүньяға,
Азы кем дос тапқан жүдә ақылдур,
Гил ақмақ, күйдирги, самсаздан гөре,
Бул ҳалда тек жалғыз қалған мақулдур.

💥💥💥

Жалғыз қалыўыңда түрли себеп бар :
Бири елге жақпай шайтанды таныў,
Бири бул дүньядан болғанлар бийзар,
Бири дана болып шынлықта жаныў.

💥💥💥

Таяр тур, ҳәр неде ҳақлықты айтсаң,
Дослар тым - тырақай қашар жаныңнан,
Мәгар сен қолаңсып боқлықты айтсаң,
Көк шыбын нәр алар өлсең қаныңнан.

💥💥💥

Ҳеш ким сени тыңламаған жағдайда,
Сөзден тыйыл, үнсиз бол, өзиңе бақ,
Оңайлықта бола бермес дүньяда,
Ҳәмме жанлар мийўеси мол бир дарақ.

💥💥💥

Мәйли болсын, ҳинжи, мәржан я алмаз,
Ҳақтан өтип кимлер болады төре,
Дүньяны ҳеш кимсе өзгерте алмас,
Дүнья турар, сана болар әўере.

💥💥💥

Журт өсегин отқа аттым,
Жанды - сөнди самтықтай,
Түк пушайман жеместен дым,
Турдым зинҳар қамсықпай.

💥💥💥

Жасамақ дым мүшкил емес,
Биз қыламыз машақат,
Мәплер - дағыс, теке тирес,
Жанда терең жарақат.

💥💥💥

Түк пайда жоқ, жалтыр - жултыр сөзлерден,
Өзгертпесе бир адамның өмирин,
Аңшы мудам ет ғамында гөзлеген,
Жанан мысал қуралайдың өңирин.

💥💥💥

Ерли - зайып сүйер болса бир - бирин,
Сыры болсын жулдыз сыйған аспандай,
Жуўып - шайып турмаса кеўил кирин,
Турмыс болар келиспеген дәстандай.

💥💥💥

Ақшам тән қарысып, жан қарыспаса,
Бул ышқы ма, муҳаббат па, не өзи ?
Тайсалаған сол нәмәрттиң көп аса,
"Сүйдим, күйдим, өлдим" деген не сөзи?

💥💥💥

Ғайры елде қыйнар отлы сағыныш,
Туўған жериң мисли жипсиз бағыныш.
Мен Ўатанда жүрип оны сағындым,
Болсадағы өмирде мың қағыныс.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

T.Qayıpbergenov - Qaraqalpaqnama

Fayl formatı: PDF
Til: Qaraqalpaq tilinde
Fayl kólemi: 64.9 MB

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tariyxtı oqısań túsineseń jazıwshı atamız T.Qayıpbergenovtıń kitabında bar .Qaraqalpaqstan tariyxı kitabında bar Berdaq babamızdıń qosıǵı

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

"...áshkara bolar ma ,shıǵar ".degen be sonday edi.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qıñır istiñ qıyığı 40 jıldan soñ da ashılar

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қыйсық басқан қәдемиң, 40 жылдан кейинәм билинер, шамасы усындай еди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma áleykum jalğan 40 jıldan keyinde ashıladı degen naqıl bar edi sonı aytıp jiberiń da

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ilánázik,rápáne,ázzi,hálsiz,,

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Narenjanlaniw,nareste,narestedey,narestelik,narestesiz

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Kimde bar iltimas tastap berinda

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Nárenjan sóziniñ sinonimi qanday?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Neshinshi klastki pullima

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

КОМПЬЮТЕР ЗАМАНЫНЫҢ МУҒАЛЛИМЛЕРИНЕ

Устазлар ҳәм муғаллимлер күнинде оқылған қосық

Халықта сөз бар: "Устаз—атаңнан уллы".
Кәмил инсан ушын пидәкерлерсиз.
Жаслар көп, билимли, табыслы, пуллы.
Оларды да адам қылған сизлерсиз.

Хызметиңиз келешектен қайтқандай.
Жаңа бостанлардың бағманларысыз.
Сиз устазлар, Президент айтқандай,
Азат елдиң әзийз адамларысыз.

Мәни берип, сер салсаң бул заманға,
Тәбизи өзге бир заман киятыр.
Компьютерди түсинбеген адамға
Оның тест сынағы жаман киятыр.

Дәрья тасар муз қозғалар қарсаңда,
Билимсиз жасаймыз дегенлер жаҳил.
Егер тилиң менен орақ орсаң да,
Енди дәртке аспас билимсиз ақыл.

Алма алыс түспес өз ағашынан.
Нақыл бар: "не ексең, соны орасаң".
Ықласын билимге жықсаң жасынан,
Өзиңнен билимли шәкирт аласаң.

Сен устазлык етсең шынтлап егерде,
Оқыўшың дүньяны таңлантып, бәлким,
Жер жүзилик көрик таңлаўда, бирден—
Үш алтын медальды алыўы мүмкин...

Билим—қүдирет, таў жоқ ол алмайтуғын,
Келешеги уллы заманы да бар
Бирақ умытыўға ҳеш болмайтуғын
Мәселениң басқа таманы да бар:

Алтынның жез қурлым қәдири болмас,
Мағрифет билимге нурын салмаса.
Тек бир билим менен инсан болалмас,
Адамшылық пазыйлети болмаса.

Жас әўлад билимге жумсап бар күшин.
Ақыл-зейини менен әлемди шолсын.
Ўатан ушын, адам ушын, халық ушын
Жанып жасайтуғын азамат болсын.

Дүньяға мийримлик үлгисин берген,
Қызларымыз Оралдай арыўлы болсын.
Ўатан туўын төрт мәртебе көтерген,
Баллар Қутыбаевтай қарыўлы болсын...

Айтып қойың оқыўшыңа ҳәр ўақта:
"Ашық болсын адамшылық көзиң" деп.
"Компьютерди бил жақсылап. Бирақта,
Компьютер болып кетпе өзиң" деп...

✍И. Юсупов 30-сентябрь, 2002-жыл.

канал: Қарақалпақ Байтереклери

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykum. Qq-a Qabusnama kitabí barma ? Bar bolsa taslap beriñ iltimas. Kerek bolıp tur edi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әҳмийетли қатарлар

Меҳир көрмей өскен перзент кекшилдур,
Баўры қатса, жаман исте епшилдур,
Жан етиңнен болса төлиң күйдирги,
Өмир бойы әрманыңа кесирдур.

💥💥💥

Кимселер бар, ети жуқа тәсиршең,
Кимселер бар, бети қалың бөкпендей,
Кир кеўил бар, мың жуўсаң да ағармас,
Бир кеўил бар, периштени өпкендей.

💥💥💥

Болса кимдур үш қой бир сом мың саны,
Келешеги бүгингиниң қурбаны,
Тас мийтинлер өли менен теппе - тең,
Әйне ўақыт мың силейип турғаны.

💥💥💥

Пейлиң болып мысал аспан бара - бар,
Кең жәҳәнге тойып - тойып қарап ал,
Ертең бир күн буныдағы көрмейсең,
Жер астында жатқан жайың болып тар.

💥💥💥

Көралмасаң, келешек те гүманлы,
Бүгинги күн - ҳақыйқый күн барлықта,
Ал, өтмиштиң пайдасы аз, думанлы,
Андыз болып сарғайма муң зарлықта.

💥💥💥

Тәрбияты шийкил болса писпеген,
Қамлық исти перзентиңнен көре бер,
Мәгар болсаң бүгин шала ислеген,
Мың әўере - сарсаң болып жүре бер.

💥💥💥

Ҳәс қаўышып қушпағанша теңизин,
Асаў дәрья шоқ ағысын гидирмес,
Бирликли жаў көрмегенше жеңисин,
Қан майданда бир табан ҳәм шегинбес.

💥💥💥

Үй ишиниң аманлығын ойласаң,
Ҳақыйқатты айтар - айтпас боласаң,
Сағал менен бирге бәзим тойласаң,
Сағалларша бир устақан аларсаң.

💥💥💥

Өкирең қағып жуўырсаң да изинен,
Шыртын бузбас дүнья деген түксийип,
Түсинбесең қолай ҳалға келесең,
Жер астына кириў ушын бүкшийип.

💥💥💥

Болма зинҳар " Искендердиң шақы бар",
Бул күнлерден келешектиң ҳақы бар,
Ҳәр әўладты туратуғын мазалап,
Ялғаншының әттең... сондай жағы бар.

💥💥💥

Өзиң мәңгүр болсаң,
Елиң менен бол,
Елиң мәңгүр болса,
Көрсет ҳақлық жол.

💥💥💥

Елди, журтты ойлаған,
Заманың алтын,
Мүшкил иске қоймаған,
Сәрдарың алтын.

💥💥💥

Ғайры журттан енеғар,
Абзалдур салтың,
Өзлигиңди танытар,
Қәдирдан халқың.

💥💥💥

Елин сөккен елшиликке жарымас,
Елди сүйген аўыр жолда ҳарымас,
Аға - ини, дос - яраны беглиниң,
Туўысқанлық, дослық иси арылмас.

💥💥💥

Тыңламасаң даналардың үгитин,
Қатал тәғдир ийин ағаштай ийеди,
Ҳәр бир елде халқы сүйген жигитин,
Пүткил әлем ана киби сүйеди.

💥💥💥

Мен билемен, тынышы жоқ байларда,
Шүкирлиги әлле қашан сап болған,
Себеп олар тойымы жоқ жайларда,
Нәпси деген жалмаўызға тап болған.

💥💥💥

Дәмин татып дүнья - малды жалаған,
Дүнья десе, журтты ийттей талаған,
Қалыс исти үмит етпе, ондайлар,
Ҳәмме затты пулға шағып санаған.

💥💥💥

Шөлден сазып қулаған бир сайылдың,
Әрманы суў болып қумға жерленер,
Тис тырнақлап дүнья жыйған сум байдың,
Түслерине ширўан енер, зер енер.

💥💥💥

Саҳаўатлы байдың берекети мол,
Бақылларды тутар бир күн әжел қол,
Шын өмир ләззетин таўалмай кетер,
"Барса келмес" жерге тартылғанда жол.

💥💥💥

Дана жупты, ақыл перзент, кәсибим,
Денсаўлығым, тыныш елим - байлығым,
Тап соларсыз тиришилик өмирде,
Шадлы болып өтер мениң қай күним?


Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Nàjim Dawqaraev - Berdaq shayir

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Men taba almay atirman da. Zaʼruʼr bolip tur edi haʼzirge. Ne aytilgʻani.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bilgenler oʻtinish aytip jiberinʼda.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aʼleykum.

Aqili kaʼmil ilimi zor,
Bilimli el bolmaydi qor,
Baxit ushin siltese jol,
Orisyatti izler edim.
Orisyatti izler edim degende tiykarinan ne aytilgʻan?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Awa usınıń anığı kerek bolıp tur

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ótinish kerek bolıp tur

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tag'i ileker degen bar

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://youtu.be/ZBqLXie4KAs?si=bBnV6-SEnKAttO0f

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Иленәзик дейтуғын еди баяғыда кемпирапам😁

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Magan til haqqinda naqil kerek edi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Sirajaddin Axmetovtiń biografiyasi kimde bar?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qaraqalpaq tinen barlıq temasina qollanba bar.elektroniyi kk bolsa xb.lich

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

I. Yusupovtiñ Kompyuter zamaniniñ mugallimine degen qosiği qaysi kitabinda. Nabada qosiq atin qáte jazgan bolsam keshirimli bolsin

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

10- кл ққ тили 52 бет 2017 деги сабақлық

Читать полностью…
Subscribe to a channel