«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til
Assalawma aleykum
qaraqalpaq tilindegi frazalar jıynalǵan e-kitaplar tabılama?
Milliy avtorskiy foto túsirilgen hudi satıladı, 2 dana bar, Qara 3XL / aq 2XL. Bahası 220.000 sum (Materialı zor, Pekin)
Читать полностью…Assalawma áleykum.
izey suwlar ózbekshe ya russhası qanday boladı?
Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Үйинен алысыраққа кетпейтуғын байдың кеўлин бағып Улбосын да, Рустем де, Басар да шаршаған еди, дала жым-жырт. Сонда да Гүлзийба күндиз сыртқа шықпаға қорқып, анық ымырт жабылған гезде, ең болмаса, еркин нәпес алып, жулдызларға қарайын деп есиктен әстен ғана сыпырылып шығып еди, ҳақыйқаттан да ийт үрмеди. Рустемниң сести еситилмейди. Бәлким, үндеспей аңлып, сол былайырақ шықсам, өз обалы өзине деп ийтке талатып өлтирмекши шығар деген қәўип пенен отаўға сүйенип бираз турды. Аспан бултлы еди, көзлерин қараңғыға үйретип жән-жаққа сер салды. Үйдиң арқасында, алысырақтан киятырған жалғыз атлыны көрди де, өзин сәл тасалаңқырап, ермек ушын оның қайда баратырғанын бақлап еди, ол Сержанбай екен. Таныса да жақынлағанша үнсиз тура берди.
Қарақум ийшанның кеўлине қуйып жиберген гүдигинен мантығып асығып киятырған бай, бурынғысынан өзгеше әдет қылып, алысырақтан атынан түсти де, бир түп жыңғыл түбирге байлады ҳәм үйге қарай пиядалап аяқларын ғаз-ғаз басып келе берди.
Гүлзийба оның әлле кимнен гүманы барлығын сезди де, жақынлаңқыраған гезде еситетуғындай етип жорта сыбырлады:
- Ҳәй, қорықпай шешине бер, далада ҳеш ким жоқ.
Бай еситип, енди өзин көрсетип алмаў ушын гилт тоқтады да, тумсығы менен қораны жарып беде жеп турған саяқ ешекти тасалады. Ешектиң бержағына шықса өзи көринеди, аржағында турса есиктен ким кирип, ким шыққанын көз илмеўинен қорқып, бай ешектиң астына кирди.
Гүлзийба оны көп отырғызыў мақсетинде отаўға бурылып және сыбырланды.
- Шыда, жигитим, ҳәзир киремен.
Бай мәтғапылда қалмаў ушын қосбаўынан полат пышағын алып атыр еди, ешек үстине "шажж" еттирди. Бай үнсиз шыдап бағып еди, Гүлзийбаның жаслық кеўили тутыс бермей шақалақ атып күлип жиберди.
Ол Хийўадағы өлимнен қайтарылғалы даўысын шығарып күлиў былай турсын, мыйық тартып көрмеген еди, ғарры бай ешек астынан зоңқ етип көтерилди.
- Ҳа, Гүлзийба, ақыры күлдирдим бе?
Гүлзийба оның дәлилин еситпей, шақалақ атыўы менен барып:
- Ҳәй ақмақ, гүрреңниң үстин неге ыласладың? - деп ешектиң саўырсынына бир муш урды да, күле берди, күле берди...
Бай намысқа буўлықты:
- Рустем!!
Рустем қатты уйқысынан оянып даўыс бериўи менен ийт шабаланып, Гүлзийбаның күлкисин айналаға еситтирмеди.
17.
Ерназардың Хийўаға келип нөкерлик жарағын асынғанына ярым жылдан асты. Анық көзи жеткени - хан сарайының сиясаты еки жүзли пышақ екен, егер тағам менен теңгерилсе, онда я дузлы, я дузсыз, я пал салынған, я зәҳәрли бир нәрсе. Абайламасаң күлип отырып-ақ тилкимленесең, тойып отырып-ақ аштан өлесең, я пал жеп отырып-ақ уўланасаң. Бирақ, Ерназар басқа нөкерлерден көре сәл-пәл артықмашылыққа ийе. Бул артықмашылық иранлы палўанды жығып, атын хан билетуғын болғаны ушын емес, Махмудниязға жағынғаны, Бухараға шабыўылда ерлик көрсетип, Батыр нөкерлер қатарында ханнан ақ пышақ алған еди. Онысына сәл пусыр жеткизип алды. Бир жола қалада болған түркменлердиң шабыўылында қолына түсип турған бир әскербасыны көзкөреки аңқаўлыққа салып, босатып жиберди. Ол босатқаны өзине таныс гөнеүргенишли Аннамурат еди. Сол иси ушын және бираз гүман астында қалса да, Махмуднияз оның ел арасындағы даңқын биротала бүркегендей дәлил таппай, оның үстине, баяғысынша, бас ўәзирге жолығып мен ушын сөйлесер деген дәме менен ара-тура бостанлық берип алатуғын еди.
Бәҳәрдиң қуяшлы күнлериниң биринде, Ерназар әскербасыдан және руқсат алып қалып, қуяшламада атының арқа-мойнын қасып тур еди, сарай дәрўазасынан бир топ атлы шыққанын көзи шалды. Абайласа, бас ўәзир ханның үш мәҳреми менен төрт орыс атлысын узатып баратыр. Олардың дыққат аўдармайтуғынын билди де, алдын кеселей жуўырып, Грушиннен үйренген орысшасы бойынша сәлем берди:
- Здраст!
Бийик ақ боз атта ҳәммеден өзгеше сулыў ҳәм салтанатлы кийинген орыс төреси көкирегин көтерип атының жүўенин тартты.
- Сизге два слова арза, - деди Ерназар еки бармағын шошайтып.
Бас ўәзир ҳәм хан мәҳремлери ийт көрген пышықтай үрпейисти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
10. 02
Assalawma aleykim. Tómendegi naqıldıń qaysı variantı durıs?
1.Qatın noǵayda, sipse toǵayda.
2. Qoy noǵayda, sipse toǵayda
Ашықлық
Ашықлық мәўиж урып ғәрип кеўлинде,
Таңлапты бир гүлди байдың үйинде.
Ол гүлдиң бостаны, бағы өзгеше,
Ғәрипте мың әрман оны көргенше.
Теңиңди тап дейип болар ма, тек те?
Енди буйрық берип болмас жүрекке.
Ессиз ашық, жүрегин, баўырын женше,
Зары - гириян болар енди өлгенше.
Муҳаббат периси жай тартар ўақта,
Айырмас тегиңди оқ атар шақта.
Кимгедур әйлесе бийреҳим пейил,
Сол адам жанбаққа болады мейил.
Жердиң шырайына телмирип мың сан,
Қуяш та батарда болар қызыл қан.
Ышқының умманы емесдур зерен,
Түсе ғойсаң, сени батырар терең.
Ҳуўшыңнан айрылған мәжгүн боларсаң,
Ләйлим деп, еңиреген Мәжнүн боларсаң.
Тынықлық, тынышлық кетип қаныңнан,
Бурқасынлап қуйын өтер жаныңнан.
Бул саўдаға шынтлап кирсе сор басың,
Сорағлап отырмас, нешеде жасың.
Муҳаббат шарабы айырып естен,
Ҳәттеки, патша да тахтынан түскен.
Сүйгениң пери ме я периште ме?
Ким болса да енди, күл болар дене.
Автор : Азат Даўышбаев
"Қабақлы баба" қойымшылығынан аз - кем тәсирлер
Ҳәсиретли, муңлы әсир ишинде,
Сыр бойынан елим посып көшкенде,
Сол сүргинде көптиң деми өшкенде,
Жийен жыраўдың бағры қан болған екен.
Сонда мүсийбетли шексиз қыяда,
Кимлер ат арбалы, кимлер пияда,
Жол азабын көрип паный дүньяда,
Усы ирге жайға көш басқан екен.
Ғамлы "Посқан елдиң" дәртин жыр етип,
Жолда қуў қобызын зарлы гүңиретип,
Ҳалдан тайғанларды демеп түргелтип,
Жийен бабам запран суў жутқан екен.
Сондағы халқымның көрген күнин айт,
Ашлықтан буралып өшкен үнин айт...
Журт аспанға нала шегип турған пайт,
Бир тамшы суў бер деп қақсаған екен.
Бийреҳим тәғдирдиң ғам тыйығына,
Көксин тутып, мәдет тилеп журтына,
Бир инсан мудамы ол ыйығына,
Үлкен суў қабағын асынған екен.
Ол жолларда қалған лашларды көрип,
Қуў сүйеги кеўген ашларды көрип,
Қан жутқан жүрегин тилкимлеп бөлип,
Ҳаққа жалбарынып жалынған екен.
Эй, яратқан Алла, биз ҳәм бендеңиз,
Бир мириўбет әйлеп мәдет бериңиз,
Аман саў мәнзилге жеткей елимиз,
Деп ол суў қабағын усынған екен.
Сонда ҳәп заматта гүркиреп аспан,
Ушқын шашырағандай бир шақмақ тастан,
Шатыр етип жасын таслап тынбастан,
Посқан ел үстинде жылаған екен.
Көкейлерин кесип шынтлап жыласа,
Соқырдан жас шығар дегендей, қысса,
Таң сәҳәрде журт үңилип қараса,
Әўдик суўқабақта суў турған екен.
Ҳақтың кәраматы емес жалғанлар,
Шөлден ҳал - дәрманы талған адамлар,
Алақанын ыдыс етип тутқанлар,
Оннан ишкен сайын сарқылмас екен.
Дат әлеми қозғап Ҳақ жаратқанды,
Шөлден асырап қалған талай мың санды,
Сол ўақыттан баслап усы инсанды,
Ҳәзирети Қабақлы баба дер екен.
Мәнзилге ең соңғы жетип көш жолы,
Адамлар кийели деп билсе оны,
Қабағын арқалап жан берген орны,
Уллы зиярат жай болған жер екен.
Нийет етип мен ҳәм бунда барғанда,
Көплеп саханаға нәзер салғанда,
Тирисинде иске аспай бул манда,
Көп әрманлар үнсиз жатырғанбекен?!
Деген ой, қыялдың шырмаўында мен,
Әсте гүрсинисип қумлы төбеден,
Қарап турсам, бул жер әбигерленген,
Биле тура көплер сер салмас екен.
"Өлини сыйлаған бай болар" дейди,
Саўап ислери де сай болар дейди,
Бир пәкизе зыярат жай болар дейди,
Әўлийени абат әйлесе әбден.
Ҳәр ким мийнет етип несийбин терсин,
Алла бәршемизге инсапты берсин,
Әси кеткенлериң бул манға келсин,
Нурлы тәўбесине сақ болып беккем.
"Үш баба" да жолбарыслар түнеген,
"Шайық қыз" ҳәм бардур онда көреген,
Жийен жыраў, Өтеш Алшынбай деген,
Белли кәраматлар жатырған екен.
Бердақ бабамыздың Ҳүрлиман қызы,
Жанында баласы, Қаражан бақсы,
Бәршеси тым - тырыс жатыр, қулласы,
Арадан бир кеткен келмейди екен.
"Ҳәр заманға бир заман" ол негизинде,
Ҳәзир сырдандай дала ол жалған екен.
"Қабақлы баба" ның қыр жийегинде,
Бурын сыбайласқан ел болған екен.
Автор : Азат Даўышбаев
Мәнили қатарлар
Қурытпақ болсаң, мақта ақмақтың исин,
Ақмақ хошеметтен семирип өлер.
Дана өзгертпейди, ҳасла, түр - түсин,
Олар ҳәр қәдемде ақыретин көрер.
💥💥💥
Қанлар дәрья - дәрья аққаны ушын,
Ақыр заман қашшан болмақ керекдур.
Ҳақтың мириўбетли пейилине шын,
Қараң, бизлерден ол үмитленип жүр.
💥💥💥
Лекин, бенде соқыр, әззи көреген,
О дүньясын қәлби көрмегенликтен.
Санасында әлўан былық дөреген,
Шайтан есик беттен төрлегенликтен.
💥💥💥
Рахмет айтың, еле Ана Жеримиз,
Ғәзеп атын ертлеп алмаған ушын.
Эй, адамлар, әбден итибар бериңиз,
Еле ақыр заман болмаған ушын.
💥💥💥
Ҳақ жолынан жүрген уллы ақылға,
Елдиң марапаты зинҳар шәрт емес.
Руўҳы әззи адам соныңдай жырға,
Яғный, мақтаўларға иштейли тез - тез.
Автор : Азат Даўышбаев
Ассалаума алейкум Фейилдин дарежели темасына слайд бар ма
Читать полностью…Кыпшак руынан,ауылдын атамасынан баска манилери кк болып атыр еди
Читать полностью…Waleykum assalam !!!
Bawızlaw dep maldı soysa sonı aytadı.,ádebiy tilde aytılıwı
Жулдыз нәзер оқыранысқан тулпардың...
Жулдыз нәзер оқыранысқан тулпардың,
Тегинбекен тебинисип киснеўи?
Айлық жолды гөзлеп бәлент асқардың,
Төбесине шықсам деген күсеўи.
Жүрегиңде ыңыранып шерлигиң,
Ал әрманың жулдыз болып аспанда,
Тула бойың қайнап, тутып ерлигиң,
Мәгар көксиң алып ушып турғанда,
Эй, шабандоз, жаздыр аттың баўырын,
Пәрли оқтай үрип ушсын тер алып,
Егер билсең, тусаўлықтың аўырын,
Өзиң де уш, алтын баслы ер салып.
Уш, қәнекей, жерден суўырып тозаңды,
Мүмкин, саған арыў көзлер қарап тур.
Иштен тырнақ айланбастай адамды,
Тулпарыңның шаңы менен жедел ур.
Шамырқанып турма ҳасла, минерде,
Бүгин сениң ерлигиңди көрейин,
Деп турғандур, гөззал арыў, сәнем де,
Көз астына алмас олар ешейин.
Атыңды да бир шомылдыр терине,
Қустай жеңил тартсын өзин жаныўар.
Өзиң де бир ҳөнер көрсет, еринбе,
Қайыл қалсын сени көрген санаўар.
Қыз, жаўанлар унатады жигиттиң,
Епшиллигин, жеделлигин, мәртлигин,
Бирақ, олар жақтырмайды өмирде,
Ишлей туўып салпаўысқан қартлығын.
Сен өзиңе беккем ғана исенсең,
Қыз дегениң қолға қонған қустайын.
Ышық отында жана - жана түсинсең,
Ер жүрегиң болмасын ҳеш муздайын.
Муҳаббат ол сен унатқан шәртлигиң,
Дүр силкинген қаназаттай мәртлигиң.
Автор : Азат Даўышбаев
Күн темасына
Изленип тап ҳасыл сөздиң булағын
Зейин керек сөз мәржанын таппаға,
Пейил керек жетпесинди жаппаға,
Мейилленбей ғәплет басып жатпаға,
Әндам саплап ана тилдиң қуралын,
Изленип тап ҳасыл сөздиң булағын.
Ылықтырмай қыялдағы тезлерди,
Шайдай ашып көкиректеги көзлерди,
Ийге тартпас шубыртпалы сөзлерди,
Өлимсиреп сызатланған бир ағым,
Етпей, излен ҳасыл сөздиң булағын.
Көк шалғыннан излеп ийне тапқандай,
Қолда сүймен, мисли шахтёр боғандай,
Ғайратыңа жүз мың кеўил толғандай,
Таўып алып патлы сезим турағын,
Изленип тап ҳасыл сөздиң булағын.
Жүз мың Ләйли өз Мәжнүнин тапқандай,
Ғәрип ашық Шахсанемге баққандай,
Ашық дәрья яр теңизге аққандай,
Қуштар болсаң дөретпекке жан бағын,
Изленип тап ҳасыл сөздиң булағын.
Сөзден сөздиң әл аспандай парқы бар,
Бөзден бөздиң мысал түрли нарқы бар.
Ҳәкис гәптен зейин суўы сарқылар,
Ғайры нағыс көрпешедей қурағын,
Қурайын десең, излен ҳикмет булағын.
Өмир бойы шамшырағы жуп қолда,
Не даналар сегбир тартып бул жолда,
Зәҳмет шегип тегинликке тап ол да,
Әлўан ҳикмет жаратпаған, сол жағын,
Ойлар болсаң, излен ҳикмет булағын.
Мысал шөлде жүрген яңлы мәгар, сен,
Аңқаң кеўип сайыл болып гезбесең,
Бул булақты руўҳың менен сезбесең,
Көксиң илмей жақын менен жырағын,
Табалмайсаң, ҳасыл сөздиң булағын.
Ғарры қартаң мейли, шыйрақ жас болып,
Ушқын атқан шақмақ - шақмақ тас болып,
Ең әўеле сап ҳүжданың бас болып,
Бурғыласаң ҳасыл сөздиң булағын,
Оятасаң көп кеўилдиң шырағын.
Ая достым, саға керек ақпаға,
Ушқын керек жүреклерди жақпаға,
Ҳадал мийнет дәркар рәҳәт таппаға,
Ербеңлетпек болсаң журттың қулағын,
Изленип тап ҳасыл сөздиң булағын.
Автор : Азат Даўышбаев
Ассалаума алейкум, устазлар
- Ғодалақ арба жүрместей,
Қағыўыймеди елиңиз?
Телеген арба жүрместей,
Тергеўлимеди елиңиз? (Едиге дәстанынан).
Ғодалақ cозинин маниси?
Пикирлеринизди айтсаныз. Дерек болса жуда жаксы
Күн темасына
Шын мәртлик, шын ерге дәркар мудамы...
Қыйқымлық, мылжыңлық еркекке емес,
Суўық қан лаўлаған жүрекке емес,
Қалтаңлық тоқпақтай билекке емес,
Ириден туўраған полаттай жаны,
Мәртлик ис шын ерге дәркар мудамы.
Ант жутып алпыс бий жалмаған алма,
Хор болды, ўапасыз беллери талма,
Усы да намыс па, усы да ар ма?!
Алакөз қурақым болмады - аў, бәри,
Шын мәртлик, шын ерге дәркар мудамы.
Ыңыранған толқындай туўламаған жан,
Ақырған арысландай аң алмаған жан,
Не қәжет бул елге қояндай мың сан?
Ким айтар шырпынған нарым деп аны?
Шын мәртлик, шын ерге дәркар мудамы.
Сүлиңгир қуў жигит суўдай суйылса,
Гүңкилдеп үскини әбден қуйылса,
Бәршеси шоғыртпақ болып жыйылса,
Елим дер, бир ердей болалмас жаны,
Шын мәртлик, шын ерге дәркар мудамы.
Әңгөдек батырлар - мәстан қореги,
Ғапылдың қурбаны - жаўдың кереги.
Намыстан өлгенлер: "Әттең!.." дер еди,
Жөн алмай, жөнсизден төгилсе қаны,
Не мәртлер зар еңиреп кетер мудамы.
Ат болар тайыншақ дойнақтан белли,
Ер болар нәўшелер урпақтан белли.
Болмас ер, бир - бирин қатын дер гүлли...
Ҳасылды сөзинен, исинен таны,
Шын мәртлик, шын ерге дәркар мудамы.
От басын желбиреп орамал тутса,
Сақал, мурт ләм демей үнлерин жутса,
Тоңқылдақ, шиңкилдек қабағын шытса,
Бул жерде қандайын сөз болар, жаны,
Намыстан арылған болса мудамы?!
Қошқардай ул болса, бесикке бөлер,
Ҳәм болса азамат мың ғаўға көрер,
Ел ушын ол туўып, ел ушын өлер,
Лебизин, тәбизин бир етип аны,
Мәртлик ис шын ерди таплар мудамы.
Муңаймақ - уўайым журтларға тән ис,
Өкпелеў - томпайған уртларға тән ис,
Жер сызып қыймылдаў - қуртларға тән ис.
Белин бек қынаса еркек адамы,
Шын мәртлик, шын ерге керек мудамы.
Автор : Азат Даўышбаев
💥 Kanalımız aǵzalarınıń sanı 3️⃣0️⃣0️⃣0️⃣ bolsa tómendegi audiokitaplardı biypul tıńlaw imkaniyatına iye bolasız!
↪️ Qaraqalpaq folklorı (dástanlar):
• "Sháryar" dástanı
• "Alpamıs" dástanı
• "Qırıq qız" dástanı
• "Qanshayım" dástanı
• "Qız-palwan" dástanı
• "Dáwletyarbek" dástanı
• "Góruǵlı" dástanı
• "Máspatsha" dástanı
• "Edige" dástanı
• "Qoblan" dástanı
• "Er Qosay" dástanı
• "Gúlistan" dástanı
✔️Usı xabardı doslarıńız benen de bólisiń.
Bizdi baqlap barıwdı dawam etiń👇
Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt
Tómende keltirilgen dizimdegi tiller ústine basıp telegramıńız tilin ózińizge qolay tilge awdarmalap alıń!
—————————————————————
🇬🇦 Qaraqalpaq tili
—————————————————————
🇷🇺 Rus tili
—————————————————————
🇵🇷 Ingliz tili
2-дурыс кой ногайда, сипсе тогайдасы
Читать полностью…Он сегизге толған қыздың кеўили
Таң нурында ашылған гүл ғумшалар,
Қарар көздиң жаўын алып ырғалар,
Сол сыяқлы қәлбиңе бир ой салар,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Гөззал бәҳәр сағындырып кеткендей,
Ләйли киби сени Мәжнүн еткендей,
Ышқы оғы нақ жүректен өткендей,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Әўел баста самал болып ушады,
Жүрегиңе кирип жаның қушады,
Соңра изин қуйынлатып қашады,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Аңшы болсаң, түлки болып қашар ол,
Сениң жүрген соқпағыңа салмас жол,
Аңсатлықта услатпайды мамық қол,
Он сезиге толған қыздың кеўили.
Қаҳарманлық исти жаны қумартып,
Мәрт жигитти иш - ишинен унатып,
Сүйип турар, бирақ айтпас гәп сатып,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Сырға толы жилўаланған наз бенен,
Әрманыңа енип бәҳәр, жаз бенен,
Жүрек тарын қағар алтын саз бенен,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Ышқы сезим тарап қызғын қанына,
Патша болып алып шыбын жаныңа,
Соң айлансам дейди аҳыў - зарыңа,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Ашық жигит, кеўлиң аспан, ай болсын,
Ай қасында жулдызларға жай болсын,
Қыз сыйлардай пейлиң кең ҳәм бай болсын,
Он сегизде болса қыздың кеўили.
Бағ ишинде әнар писсе, кире бил,
Бағманының дийдин таўып үзе бил,
Эй, ашық, сен туўры жолдан жүре бил,
Он сегизге толса бәҳәр гүллери.
Шарап ишпей қылўасына мәс болсаң,
Сыр алдырған баладайын жас болсаң,
Ол үстиңнен күлип турар пәс болсаң,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Таўдай болса қызлар, сен бир бүркит бол,
Мәртлик әйлеп жулдызларға көрсет жол,
Сонда саған бериледи пүткил ол,
Он сегизге толған қыздың кеўили.
Автор : Азат Даўышбаев
Нықабыңды шеш те, көрсет шынлықты
Жүйрик зибаныңды сайратпа маған,
Нықабыңды шеш те, көрсет шынлықты,
Ҳеш ким периштедей бола қоймаған,
Сенде де гүнәң бар болсаң да мықлы.
Гүнә қоққысынан арылмақ ушын,
Бир уллы тәўбелик жетип атады,
Алла тааланың ким қуртса писин,
Билиң, сол ийманын пулға сатады.
Жүйрик тилгенеңди сайратпа маған,
Нықабыңды шеш те, көрсет шынлықты.
Сендей еки жүзли өткен мыңлаған,
Ҳақыйқат не ушын мудам сырнықты?!
Билемен, сыртыңда әп - әнедей жан.
Көплерди алдадың, соңра не шықты?!
Ишиңде бәри бир жасайды шайтан,
Нықабыңды шеш те, көрсет шынлықты!
Автор : Азат Даўышбаев
Уллы исти дөретиўши досларым...
Уллы исти дөретиўши досларым,
Зәрре үмит бағыш келер қас қағым,
Тар соқпақтан даңғыл жолға түсерде,
Сәтли болсын десең қәдем басқаның.
Ел ғамында жан әлемиң от болсын,
Ысыла берип нақ қәлемиң оқ болсын,
Уллы исти дөретиўши досларым,
Сизге кесент берген жаўлар жоқ болсын.
Журттың көксин оятарлық нур, зия,
Бизге керек ҳәзир жарқын идея,
Гүйбеңлемей самтық, сабан астында,
Ел дәртине табайық шын мәргия.
Әдебият аспанында бүгин бар,
Жанар - жанбас емески бир жулдызлар.
Бабам руўҳы үмитли ғой, сизлерден,
Дүр серпилип шығың қәне, ул, қызлар.
Қәлем тартып еликлемек өткенге,
Ҳәўескерлик шыға берер көптен де,
Шынын айтсақ, қайсы бири ҳәл берер,
Халық дәртинде жүрек, бағрын сөткенге?
Ҳақыйқатты ардақлаўшы улыслар,
Жатыр еле, қынға кирген қылышлар.
Қоламтада пысқыў бизге мәрмеди,
Әдалаттың отын үрлеп жаққышлар?
Елдиң жүгин еңселеген әдебият,
Ялғаншының мал - мүлкинен көп зыят,
Ертеңги күн урпақлардың көксине,
Әлем - әлем от жақпасақ дым уят.
Дурыс, ҳәзир жаман емес баслама,
Ҳәс алдың ба, қолдан қәлем таслама.
Пайдасы не, дабыл қақсам еситпес,
Деп өкинип, көзиңди де жаслама.
Урған дабыл ырғақларын, ҳаўазын,
Миллий руўҳтан тийек етип даўасын,
Не жазсаң да, жүрек сөзиң, достым - аў,
Туўған жердиң жаны менен жаңласын.
Уллы ойлар енер болса адамға,
Ашшы толғақ сыйыспайды тар жанға.
Бүгин айтпай, ертең айтпай шынлықты,
Айтасаң ба, о дүньяға барғанда?
Автор : Азат Даўышбаев
Assalawma áleykum hámmege!
Telegramdı qaraqalpaq tiline ózgertiwdiń jolı bar edi, qanday edi?
Assalawma aleykum alipbedegi hariplerdin izbe izligi barma
Читать полностью…Qaraqalpaq tili muǵallimleri dıqqatına❗️
🤩2 ay ishinde dáramatıńızdı 50% ke shekem asırıw imkaniyatın sizge usınamız (usınıs etemiz)😇
😯 Dárejeńizdi belgileytuǵın milliy sertifikat alıw arqalı kásipleslerińizden ústemlikke erisiń
📅 Qısqa múddette tájriybeli ustazdan sabaq uyreniń hám maqsetińizge erisiń
📍 Mánzil: Xojeli rayonı , Najmaddin Kubro 27A , New castle oqıw orayı
👩🏻💻Tolıq maǵlıwmat: @NC_admin_khodjeli
📞 Telefon: +998 91 938 58 58
Instagram | Telegram
Ассалауму аликум
Жаурынтак,бауызлау,кыпшак созлеринин маниси кандаи?
Күн темасына
Илҳам бағыш әйле, қосық жазайын
Эй, гүл жүзли ярым, көзлери сүзик,
Сен суў пери яңлы кеўлимде жүзип,
Ышқы сәрўарынан салтанат дүзип,
Бир илҳам бағышла, қосық жазайын.
Жилўа наққышында таўланып ҳәр дем,
Яр, баҳаңыз өтип сап алтын, зерден,
Бир қозғалаң салып мен турған жерден,
Отлы илҳам бергил, қосық жазайын.
Бүлбил гүлден безип жоғалтсын есин,
Гүллер: "Неге енди гүл болдым?!" десин,
Ўаҳ, нәзәлим, енди айтайын несин!
Әҳли илҳам бергил, қосық жазайын.
Зәрре қыя бақсаң, шәўкилдер жүрек,
Сеннен маған отлы күш - қуўат керек,
Шыр гүбелек болсын бул шарқы пәлек,
Бир илҳам бағышла, қосық жазайын.
Мүшки әнўар лебиң нәпесим болсын,
Қәлбим тамылжыған сезимге толсын,
Питкен баязларым жалынлап турсын,
Илҳам бағыш әйле, қосық жазайын.
Саған деген ышқым көксимди жарып,
Жүрек нақ аўзыма ол келип - барып,
Атлығып турғанда тамызық салып,
Илҳам шоғындай бол, қосық жазайын.
Жаным, өмир деген сендей болмаса,
Қосық дөрелмейди, бермесе поса,
Ўаҳ - әй, яр сәўгилим, сүй мени, жаса,
Мәңги илҳам болып маған ҳәр дайым!
Автор : Азат Даўышбаев
Duz nesiyp etse bararmız,,duzı buyırsa degen sóz.,
Читать полностью…