qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Belsendi student degende ne?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Pákize dep hayal adamlarǵa aytadı kóbinese

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Eń pákize student bola ma?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Елимде мениң

Көк гүмбездиң шоқ - шоқ жулдызларындай,
Бир үйдиң туўысқан ул - қызларындай,
Дослығы ошақтың нық қызғанындай,
Ҳәр миллет татыўлас елимде мениң.

Түркменим ғардашым, Қазақ баўырым,
Өзбегим өз ағам, Қырғыз тәўирим,
Жүк болса еңселеп тутқан жаўырын,
Миллетлер дослығы елимде мениң.

Бирликли ис етер кеўилдиң кеңи,
Дәстүри ыңғайлас, иргелес жери,
Бизиң журт көп миллет жасаған ели,
Ҳәр бири баўырман, серимде мениң.

Орысы, Кәриси, Әзери әзел,
Ураны - тынышлық, нық қыналған бел,
Қуўаныш, қайғыда мысалы бир ел,
Бәршеси татыўлас, елимде мениң.

Кими Мақтымқулдың, кими Тоқайдың,
Кими улты болсын яки Абайдың,
Ўатан деп аталған ортақ үй - жайдың,
Ҳәр миллет бир көрки елимде мениң.

Бунда туўған жердиң ҳүрмети ушын,
Ҳәзирети инсанның үммети ушын,
Кеўлине қондырып тынышлық қусын,
Миллетлер қуп жасар жеримде мениң.

Сол ушын бул журтта өмир жайнаған,
Қурғынлық булағы бурқып қайнаған,
Азасын азалап, тойын тойлаған,
Түрли улт бир жандай жеримде мениң.

Ҳақ сүйген шын инсан болсаң, болды деп,
Пәкизе диниңе кеўлим толды деп,
Аталық тилиңе дослық қолды бек,
Узатар жақсылар дилиңе сениң.

Болса ким елимде ҳасылдың заты,
Нақыл бар : "Жақсының болмайды жаты",
Адамның адамға артса қымбаты,
Ҳадал ис мәржандай теримде мениң.

Аспан ҳәм, қуяш ҳәм, бир болса жер ҳәм,
Бир - биреўге бизлер әдиўли мийман,
Дегендей қәлбине ҳақ нийет жыйған,
Бирликли миллет көп елимде мениң.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Jawlaǵan ot,lawlap jandı ,awıspalı mánisi de bar ,tómende keltirgen .Toǵay lawlap janıp atır .Ol qarap turıp lawlaǵan ottıń ishinde qaldı .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Менимше емес, мениңше

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Кишигирим аўдарма ушын керек болып атыр. Дурыс аўдарма ислениўин қәлеп атырман

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma áleykum

"Qárejet" yaki "Ǵárejet" qaysisi ádebiy tilde qollaniladi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tawlarda jańǵıradı, qayǵılı waqıyalardı súwretlegende de "...sesleri jańǵırıp turdı "deydi .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаўма әлейким!

1. Қызық ҳәдийсели-детективлик

2. Ашықлық-романтикалық

3. Тарийхый-мемуарлық

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жангырыу катты дауыс , жокары дауыс болыу керек. Жангыртып жиберди сазды деп айтадыго

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шенгекхана деп жазыппан ғо ана адамның жазғанына қарап. Шенгекхана деп емес, шеңгек деп айтылады.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шенгек гош сататугын жердеги гошти илдирип коятугын илмек темир, содан кейин гош сататын жерди шенгек деп айтылып келген

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Саллақхана мал соятын жер тек.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сол есиме түспей тур ,қоян шығар бир жерде оқып едим

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tazalıqlı ,pısıq bolsa pákize deydi ,tazayım deydi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://youtu.be/EmsRbXyi4RM?si=etpWq2x6huk3b4_m

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Өмир күнделигиң

Авторы боп өмир күнделигиңниң,
Сапасын, мәнисин өлшегиң келер,
Базда ашқың келмей гей бир бетлерин,
Ҳәсиретли қатарын өртегиң келер.

Бирақ, оңайлықта өртей алмайсаң,
Көп нәрсе еслетер тап сол бетлерин,
Сонда оқып турып үнсиз жылайсаң,
Өткен өмириңниң күнделиклерин.

Әўметли, бахытлы бөлимин ашып,
Жаўғың келмей турса узақ тигиле,
Таза бетлерине имласын жазып,
Жан қәлемиң кетсем дейди жүгире.

Қан ҳәм жаның менен дөретсең оны,
Жүрек - баспаханаң, редактор - ҳүждан.
Жыллар даўамында гербиштей томы,
Шығып орын алар китапханадан.

Орын алар, ал, сөйтип, ол кимге керек?!
Оқыўшысын таўып жаза алмасаң,
Сонша ҳәрекетте болғаның ҳәлек,
Батыл, нық қәдемди баса алмасаң.

Өмир күнделиктиң авторы - өзиң,
Қәйтип жазар болсаң, ықтыярың бар.
Көпке ибрат болса терген ҳәр сөзиң,
Оған елиң менен қуп сыярың бар.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Ҳүждан
Роман
Ойында ҳеш нәрсе жоқ. Бир пикир ядына келсе гүбидей ақтарылады кетеди. Ҳеш биреўге кек сақламайды. Бирақ балқып турып сөйлеўге зор. Сөздиң аўыр-жеңилин де аңламайды.
- Адамзатқа ең керекли нәрсе не? Тамақ пенен кийим. Тек усы екеўи бар жерде ғана адам жасай алады. Биреўлер инженермен, алымман, деп шыррыяды. Бир күн тамақ жемей жүрип көрсин. Алым болғанын көрейин. Берекеттиң бәри дастурханда. Дастурханың дәрхан болса, билгир де, дана да болып кете бересең. Бул жағынан басым да әдеўир ислейди.
Баяғыда военкомат бизлерди армияға шақырды. Бардық. Ийнине жезден жулдыз қыстырып алған нәҳән бир командир:
- Араларыңызда аўқат писире алатуғын адам бар ма? - деп сорады.
- Мен, - деп алдына жуўырып шықтым. Басқа баллардың бәри де қолына бел услап стройбатқа кетти. Ал, мен болсам ишкеним алдымда, ишпегеним артымда болып, майлы быламықтың арасында болдым. Соның ушын да адам қайсы жерде болмасын тоқ жасаўдың жолын үйрениўи керек.
"Сүйек таслаған адам сүйкимли болып көринеди" деген. Бир ашыўшақ капитанымыз бар еди. Барған күнлери маған сирә күн бермеди. Соңынан бас повар болып едим, ол да мениң алдымда қыйпақ-сыйпақ етип, жағыныўға қарады. Соның ушын да абайлаңлар, жигитлер. Қолына шөмиш услаған адамда сыйқыр көп болады. Қулласы, еки жылда еңсем гүжирейип аўылға қайтып келдим.
Бир ағамыз баяғыда мени "үлкен адам етип шығараман" деп жоқарғы оқыў орнына оқытып еди. Қарасам, айлығым жүз сомнан аспайды. "Садағасы кетейин бундай оқыўыңның", - дедим.
Дүйсенбай усы жерге келгенде бир тыныс алып, қарынды кесип, өрли-ғурлы асады. Соңынан оны пүткиллей умытып кеткенлиги есине келгендей қапталында отырған ҳаялына қарады.
- Сөйтип, Сәлийма, баллардың жағдайы қалай?
- Жақсы.
- Қудайберген қассап аман ба? Бизди пүткиллей умытты ғой, ол заңғар.
Сәлийма "аман" дегенге усап басын ийзеди.
- Гөш-пөш берип тура ма?
- Ўәй, гөш қайда? Өзиниң басы менен ғай болып атыр.
- Неге?
- Жақынырақта ОБХСС қа тутылып қалыпты.
- Өзи адымсыз-дә, жаман. Болмаса аты Хожелиде не көп, милиция көп, бир-екеўине гөштен берип турғанда бәле келмейди. Қылмыс ислеген екенсең, өзиңе милицияны да қосып ал. Болмаса изи шатақ болады. Бул болса барлық пайданы өзимниң аўзыма басаман деп жүрген ғой. Бир-еки жүз манат бергенде бирден қутылып кетер еди, бийшара...
- Берген ғой.
- Ҳее?..
- Алмапты.
- Бай, бай, бай!... Өзим болғанымда ма? Барлығын бирден тас қылып таслар едим. Қудайберген деген еле шийки ғой, гөдек. Табақлас болғысы келген талапкерге дәслеп қармақ таслап көриў керек. Жемди жемеди ме, оған жолама... Теңизде түрли-түрли балық болатуғыны сыяқлы, талапкерлердиң де түрли-түрлиси болады. Биреўи алмаса, екиншисине...
Дүйсенбай ҳәмме ўақыт мақтанғанды жақсы көрер еди. Тап усы жерде де палатадағы адамларға бир балқып мақтанғысы келди.
- Қулласы, истиң көзин билмесең болмайды. Ол жолбарыс болып келип саған жара салмақшы болса, сен оған арыслан болып көрин. Сонда ғана исиң жүриседи. Бизлерди журт әпиўайы қассап деп ғана ойлайды. Бирақ жыланның жылжып киятырғанын бир күн алдыннан билетуғынымызды сезбейди. Қалай қатырдым ба? - деди өз сөзине өзи рәҳәтленип.
Күйеўиниң парықсыз ис-ҳәрекетине ҳәм сөзлерине қысынып, бир қысым болып парты шығып отырған ҳаялы, аўырыў күйеўиниң зейнине тийер, деп ойлап ҳеш нәрсе айтпады да табақ-қасықларды жыйнастыра баслады. Соңынан:
- Ендиги келгенимде қандай аўқат алып келейин? - деп сорады.
- Гөш жиликлерин шаппай писир. Тап анаў тананы сойып әкелсең де нәрсесин қалдырмай жеймиз.
- Қәйдем билейин, шабазым. Журт кеселханаға барсаң, сүт қатқан гүриш гөжеден басқаны апар ма, деп шыр-пыры шығып атады.
- Гүриш гөже ишип, биз бир асқазанымыз аўырып жатыр ма? Бизлердиң жүректен басқа жеримиздиң бәри саз. Ҳәзир моторымыз болса сынақтан өткен. Енди не әкелсең де жей беремиз, - деп шала-пала сөйлеп, Дүйсенбай жүрипти ҳалықлап.
- Тезден саўалғайсыз, - деп тилек билдирип Сәлийма есиктен шықты.
7
Түстен кейин палатада тек үш адам ғана қалды. Басқасы таза ҳаўада дем алыў ушын сыртқа шығып кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 10

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ǵárejet eteyin dep edim,dep aytatuǵın edi ákemiz "ǵ"sesi esitilip tur .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qaraqalpaq tilinde "lawlagʻan" dg soʻz barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Имла сөзликте қәрежет деп берилген.
ғәрежет деп алыўым ушын қайсы дерекке сүйенсем болады.
Илтимас, қайырыңызды пүтин қылып айтып жибериң

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Góshsheńgek deydi ,jasıúlken aǵa-apalar aytadı,házir gósh satatuǵın jer dep aytamız túsinbeydi keyingi ballar ,

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Shángak dep te aytadı ,góshdúkan deydi awızshada

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

dgdgfbhchffhchchvbbvcjjfjfjdjdjfdjnfnfnfncncncncncnnncncncnncjncjcjcncncjcjxjcjcjjcjxncnfjxbhhjbnnbv

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykum. Jańģırıw sózinin manisin aytip jiberseniz.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шенгекхана деп айтылмайды

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Шенгекхана сататын жер

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Саллақхана мал соятуғын жер емес пе "Түсиндирме сөзлик"тиң кейинги томларында бар емес пе екен?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Саллакхана деп айтылады

Читать полностью…
Subscribe to a channel