qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Jaslar tv telekanalı. "As bolsın" kórsetiwi
https://youtube.com/watch?v=Uvbdv-Vwnww&si=XPJ2YArVXvexWrkY

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykumler.Gubinin suwreti barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум, китапларын кайдан тапсак болады

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aliykum K.Mámbetov miynetlerinde 19 ásir klassik ádebiyati máseleleri
usı tema boyınsha maǵlumat barma taslap berińda

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Қарақалпақ қызы
- Барымыз усы.
- Барымыз усы емес, бала буннан артық қандай азадалықта сақланыўы мүмкин? Көйлеклерин буйыртып тиктирип алдыңыз ба?
- Өзлеримиздиң машиналарымыз бар.
- Буның жаңалық ғой.
Бул күнлери Улжан машина тигиўди бираз ҳаялға үйретип үлгерген еди. Балаларын бақшаға әкелген ҳаяллар Жумагүлдиң кеңеси бойынша үйлеринен ақ сүп әкелип, қол үйретиў ушын өз балаларына өзлери көйлек-ыштан тиккен еди. Жумагүл Төребайды ертип, басқа бир бөлмениң қапысын ашып көрсетти. Иште төрт-бес ҳаял "Зиңгер" машинасына үңилип, Улжанды қоршалап тур еди.
- Түпәлем, көз тиймесин.
- Көз сизлерге тиймесин, Төребай аға. Округ бойынша сизлер ең алдағы аўылсыз. Биринши МТС сизлерде, аўыллар бойынша жоқары мәдениятқа сизлер ерисесиз. Сол ушын да жамай душпанларының дыққаты сизиң аўылда. Мектепке от берилиўи де, плуглардың суўға тасланыўы да, аўылды суўға бастырыўға талапланыўы да сизлердиң бахтыңызды қызғаныўшылықтың нәтийжелери.
Усы пикирди Александр да айтқан еди, бүгин Баймуратов та усыны айтып, сақ болыўды ескертти. Мине, Жумагүл де соны тәкирарлап турыпты. "Булардың ой-пикирлери бир-бирине қалай сәйкес келеди екен ямаса жағдайға бир баҳа бергенликтен бе" деди Төребай ишинен.
- Төребай аға, сизиң өзиңиз де сақ болыўыңыз керек, - деди Жумагүл, оның қандай кейипке киргенин байқамай. - Александр Александрович те сақ болсын, бирақ оған өзлериңиз көбирек көз-қулақ болып турыңлар. Елдиң дәстүри шығар деп сум биреўлерге исенип қалмасын. Айтпақшы, бир өзиңиз келдиңиз бе?
- Жоқ, Александр менен келдик. Ол керек-жарағын сөйлесиў ушын окружкомда қалды.
Төребай аўзын жыйып болғанша жоқ, Александр Мәжитов пенен бирге жетип келди.
Олар бақшаның жайларын, машыншылар ханасын бир қайтара аралап болып, Жумагүлди дәслепки табыслы қәдеми менен қутлықлады.
- Дурыс, Жумагүл Зәриповна, - деди Александр. - Табыслар тилеймен. Бирақ тез арада орныңызға тәрбияшы табарсыз.
- Муғаллимиңиз унай ма? - деди Жумагүл.
Александр Турымбет пенен бир гүрриңлескенинде шынын айттырып, окруженотдел баслығы бурынғы ҳаялы екенин билген еди.
- Унайды, - деди Александр күлип турып.
- Унаса жүдә жақсы. Бирақ сизден оның кеўил сандығын аштырып көриўиңизди өтинемен, жарты дийўал там болмайтуғынын есиңизде сақларсыз, Александр Александрович.
Түсте Баймуратов пенен Ғафуров та бақшаға келип, Жумагүлди қутлықлады.
- Бул баслама қуўандырады, - деди Ғафуров. - Бирақ сиңлим, журтты үйретемен деп марапатланып кетпе, халықтан үйрен. Ҳәзирги басшыға тек кишипейил болыў аз. Жүрегиңде "мен халықтың хызметкеримен" деген түсиник мәңги жатсын. Ҳәрбир адамның кеўил қулпы қайсындай гилт пенен ашылатуғынын билиўиң шәрт. Бир басшының қәтелиги сол кәрадағы журтшылыққа ҳүкиметтиң қәтелиги болып түсиниледи. Усыны естен шығарма...
Ол бүгинги ушырасыўларға, ислерге ҳәдден тыс қуўанышлы, кеште күтә тыныш уйықлады. Ерте турып таң самалына сәўирлеў мақсетинде тасқын Кегейлиниң суўынан бет-қол жуўыўға баратыр еди. Бир қайғылы хабар екеўин бир минуттай турған-турған жеринде қалдырды.
- Әлжан суўшының қызын өлтирипти!
Ўақыяның орнына келсе, бәри ырас: он бир жасар қызды
қаланың дәрўазасына асып кетипти. Жумагүлдиң көзлери тынып, жығылып кете жазлады.
Қаланың ишинде уў-шуў гәп. Жән-жаққа атлылар шаўып жүр. Бирақ бул шабыспалардың барлығы да Әлжан суўшының хошалығы ушын бийпайда көринди. Ҳаялы екеўи ботадай бозлап, маңлайларына урып-урып жылап атыр.
Қәпелимде Окружкомның гезексиз жабық бюросы шақырылып, ОГПУ дың қырағысызлығы ҳаққындағы мәселе қойылып еди, изи айланып Жумагүлдиң тәнҳа минез-қулқы жөнинде гәп қозғалып кетти. Ол көзсиз ис қыладымыс, ўақты жетип писпеген мәселелерди қозғайдымыс. Бул пикирди округлик таярлаў бөлиминиң баслығы Атанияз ақ қураш Қурбаниязов айтқан еди, биразларға унап қалып, Жумагүл додалаўға түсти.
Бюро жатарда тарқады.
Бюродан терлеп шыққан Жумагүл еле солығын баса алмай, түнги аспан көринислерине көз жиберип, далада турыпты. Қанасына сыймай тур. Себеби ол партия қатарынан сәл шықпай қалды. Бахтына таза окрисполком Ғафуровтың билимли дәлиллери пайда берди.
(Даўамы бар)
Канал: @BaxitliSaribaev
20

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ұсы тексттен омоним қосымталарды һам синоним қосымталарды тауып бериңса

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Китап ашып излениў керек 5-класстың китабында да бар ,сепликлер де керек гәп ағзаларына .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ne ápiwayi sorawlardi da bilmeysizlerme ne bále

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Yaq aljasıpsız. Qutlımurat inaq medresesinde oqıgʻan eken

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Хийуадағы
Шерхазыхан медресеси шығар деймен алжаспасам
Уаалейкум ассалам

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Туңлик Қаруйдиң затығо

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жақсылықтан тек жақсылық туўылғай

Жақсылық бул - кеўилдеги нур екен,
Көкирек көздиң шамшырағы, дүр екен,
Саўап исти әдет еткен адамлар,
Жер жәҳәнди жадыратар күн екен.

Жақсылардың ҳасыл болып түп теги,
Ийгилик деп соғып турса жүреги,
Дуйым журтқа кесапаты тийгенниң,
Айтың қәне, кимге болар кереги?!

Ўаҳ - әй, дослар, жүйткип самал ескенше,
Ялғаншыда өмир болса бес күнше,
Қәбирге де көзиң қыймас жақсыны,
Жаман өлсе, яд әйлемес ҳеш кимсе.

Уяласа ҳақ жүрекке жақсылық,
Жер жүзинен жоқ етсем деп пәс қылық,
Жаманның да жан қәлбине кирсем дер,
Түңликлерин бекитсе де тас қылып.

Жақсылық та, жаманлық та бәйгиге,
Ат жиберсе, таўсылмастай әңгиме,
Екеўиниң арасында гүреслер,
Ақырет күнге даўам етер мәңгиге.

Зер қуяштың күлимсиреп шығыўы,
Ана Жердиң тайып кетпей турыўы,
Бәри, бәри - жақсылықтың нышаны,
Дүньяның да еле дәўран сүриўи.

Берилгенде таңлаў ерки бизлерге,
Неге дәркар жаўызлықты гизнеўге?
Илим, ҳикмет бенделерге берилген,
Өмир бойы ийгиликти излеўге.

Тилегим сол : Бар жаманлық қуўылғай,
Кеўил кири ҳадаллыққа жуўылғай,
Аспан асты, жер үстинде мәңгиге,
Жақсылықтан тек жақсылық туўылғай.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жыйнаклы студент деген варианты да бар

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ájayıp jańalıq: jasalma intellektke qaraqalpaqsha til modeli qosıldı. Tómendegi 2 videoda imkaniyatların keltirip óttim. Ásirese muǵallimlerdiń perevod jumısların ańsatlastıradı. Gúrrińler, esseler jazıp beredi. Test baqlaw sorawların dúzip beredi.
https://youtu.be/vUFKt-He1F8
https://youtu.be/EmsRbXyi4RM

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Депутатлыққа талабанларға

Сайлаў алды әўмет, сизге партия!
Дүзген режең елге болғай мәргия,
Қурғақ ўәде, мәзи сөз ҳәм гәп емес,
Нәтийжели исиң болғай тәрбия.

Көрдик бурын болғанларды депутат,
Базылардың көз қарасы елге жат,
Суўға барып суў ишпестен қайрылды,
Исеним атлы астындағы минген ат.

"Жүзден жүйрик, мыңнан тулпар..." дегендей,
Ел, халықтың қайғы, ғамын жегендей,
Жаўдырасып үмит пенен қараймыз,
Журт шыртылдап шаншылмасын тебендей.

Ел кәрўанын баслар дана сәрўаны,
Ким бирликли болса, соның дәўраны,
Халқым деп ат шапқан талай мәртлердиң,
Бәйги сызығы бир, бир тағы жаны.

Халық деген - әдалаттың безбени,
Ол унатпас мақтаншақ ҳәм езбени,
Үмит байлар Ўатан сүйгиш улына,
Зәрре бағыш жүрегиниң сезгени.

Шын депутат - Туўған жердиң ўәкили,
Зинҳар етпес исин ерси, күлкили,
Ғайратланып, жигерленип, қулшынып,
Журты менен бирге болар ҳәр күни.

Көрди тарийх, талай ҳәмелдарларды,
Көрди тарийх, тик қыяны, жарларды,
Бүгинлиги бул көзимиз көрмегей,
Писи қурып кеткен намыс, арларды.

Партиялар бәсекиси жулқыныс,
Көп идея болса жақсы қубылыс,
Сайланып алғаннан кейин жыл өтип,
Суў сепкендей болмағайсыз тым - тырыс.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

❗️ESTE SAQLAŃ

🔻Qaraqalpaq tiliniń túsindirme sózliginen📘


GÚBI
at. Qatıqtı pisip ayranǵa aynaldırıp may alıw ushın arlanǵan, uzınlıǵı bir metrdey cilindr formasındaǵı aǵashtan islengen ıdıs. Anası Nurjamal gúbi pisip, Áysánem ayrap atır eken (K.Sultanov). Murtına qaray iskegi, Gúbisine qaray piskegi (QQ.X.N.)

📗 DEREK: QTTS. II TOM

📚 @qaraqalpaq_tilim_qalqanim
📚 @qara_qalpaq_tili

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Вертуал китапхана деген бар

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

КАМАЛ МӘМБЕТОВ – әдебиятшы алым ҳәм жазыўшы.

(14. 05. 1940 – 10. 09. 2001)

ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР:


1940-жыл 14-майда Кегейли районындағы М. Жуманазаров атындағы ижара хожалығында туўылған.
1963-жылы Ташкент мәмлекетлик университетин питкерип,
1963-1964-жыллары "Совет Қарақалпақстаны"
1976-1972-жыллары пединститутта оқытыўшы,
1972-1974-жыллары "Өзбеккинохроника" студиясының Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириў комитети баслығының орынбасары,
1976-1986-жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң доценти, кафедра баслығы, факультет деканы
1986-1988-жыллары Нөкис мәмлекетлик университетиниң ректоры,
>> "Ҳәзирги қарақалпақ әдебияты ҳәм әдебият теориясы" кафедрасының баслығы ўазыйпаларында ислеген.

ПРОЗАЛЫҚ ШЫҒАРМАЛАРЫ ЖАРЫҚ КӨРГЕН ЖЫЛЛАРЫ ИЗБЕ-ИЗЛИГИ:
(повесть ҳәм романлары)


1965-жылы "Гөжек" (повесть),
1975-жылы "Тырналар" (повесть),
1976-жылы (повестьлер)
"Бахтың болсын, Арыўхан!",
"Шақасында емес, тамырында",

1977-жылы "Аўыл таңлары", "Көкшийел" (повестьлер),
1978-жылы "Имтихан" (повесть),
1979-жылы "Москвадан келген қыз" (повесть),
1982-жылы "Мен оны сүйер едим" (повесть),
1986-жылы "Бозатаў" (роман),
1988-жылы "Посқан ел" (роман),
1991-жылы "Ҳүждан" (роман),
1993-жылы "Түркстан" (роман),
1995-жылы "Муҳаббат ҳәм әжел" (повесть)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

19 ásir aqırı 20 ásir basındaǵı qaraqalpaq ádebiyatiniń ideya tematikaliq baǵdarları
usı tema boyınsha maǵlumat barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Кимниң ким екени билинер сонда

Опат болғай қайғы, ҳәсиреттиң үйи,
Деп қақсайды мудам кеўилдиң күйи,
Мәгар жасар болсаң сүйилип, сүйип,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Ел үмити түсип еңсеге нешше,
Жүк көтермек иси басланып кеше,
Бүгин шытнай қойса сабырлық кесе,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Мәйли, айдын гүзар өз жолы менен,
Ескеги есилип оң, солы менен,
Шынтлап тар қолтықта шүйилсе кемең,
Кимниң ким екени билинер сонда.

"Баспақ шабыс топанханаға дейин...",
Ҳасыл ат мейиллеп, ҳәс шаўып кейин,
Аўыр сүрдеўлерде ыңыранса зейин,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Кесек атса тәғдир, епшили қақшып,
Бийдәўлети анда балықтай шапшып...
Қыйын күнде кетсе нақ мазаң қашып,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Ҳәр жерде қопырайып сайрап бүлбили,
Дәркар болған жерде байланып тили,
Басқа ис түскенде гүм болса түри,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Барыңда жырпылдап қушағын ашып,
Жоғыңда : "Қой, қурсын" деп, атлы қашып,
Ҳаңлап ешек болып үстиңнен басып,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Кеўлиң гәҳи есик, гәҳи болып төр,
Қайғыда, шадлықта жалғызланып көр,
Бир жан татлы болып, бир жан ашшы, шор,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Жарқын жүзи менен мол табысқа бай,
Бола кетсе өмириң бахытлы шырай,
Базылар ишинде қасық айланбай,
Кимниң ким екени билинер сонда.

Ҳеш ким шымбайына бийжөн шаппасаң,
Мәдеткериң таяр турып ҳәр қашан,
Яки дәртлесерге бир жан таппасаң,
Сениң ким екениң билинер сонда.

Биреўлер ишкирне сум пикир толып,
Сырты жылып, иши муз қала болып,
Биреўлердиң кеўли кең дала болып,
Ҳаслы ким екенин билдирер сонда.

Мәзи отлағаннан пайда жоқ тилде,
"Барса келмеслерге" кетер мәнзилде,
Қуўыршақ сүлдери көмилсе тәнде,
Кимниң ким екени билинер бунда.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qaraqalpaqsha nan haqqinda gurriń

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Raxmet sizdey adamlar kobeye bersin🤲

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykumler.Baslawish ,bayanlawish,aniqlawish,toliqlawish,pisiqlawishtin sorawlarin bilesizbe

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ajiniyaz Qosıbay ulı haqqında magʻluwmatlar barma tiykargʻı magʻluwmatlar?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ajiniyaz Qosıbay ulı 1840-44-jılları qaysı medresede oqıgʻan edi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Зор жазылыпты, жадыратар ма я жарқыратарма, Дуйым, жүйткип,түңликлер, дегенге де түсинбедим, мәнислерин түсиндирип өтсеңиз, алдыннан рахмет

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ол да болыўы мумкин. Бирақ дуўпияз деген нағыз ккша сөз. Умытылып баратырған сөз

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Дуўпияз студент болады. Қарақалпақ тилинде дуўпияз деген тазалықлы, сабырлы адамға айтылады. Көбинесе ер адамларға айтылады.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Уа алейкум ассалам уа рахматуллах

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бенде етти өзиңе

Мисли пери туўған, пәрий жананым,
Ашық болмай жасаўға жоқ ҳамалым,
Журт сезбесин тек өзиң бил, бул ҳалым,
Тутқын мысал бенде болды өзиңе.

Ақ қаймақтай балқып турған жүзлериң,
Ақ қайыңдай ақ балтырлы дизлериң,
Ғумша ләбиң және ҳинжи тислериң,
Мен пақырды бенде етти өзиңе.

Сийнеңдеги жарасықлы таў шыңы,
Ҳуўшым қуртып бүлкилдейди, гәп шыны,
Ийбе сақлап айтпаған ҳеш ашшыны,
Шийрин тилиң бенде етти өзиңе.

Ер қыялы заңғар... нени күсемес,
Көргенлерим әйне оңым, түс емес,
Ҳүр дүньяңды көрмеў аңсат ис емес,
Соқырлықты бермеген соң көзиме.

Теңеўиңди табалмадым болды, бәс!
Көзиңдейин бола алмас мәржан тас,
Ҳеш бир жулдыз, ҳеш бир айлар жарамас,
Сен болмасаң усы жердиң жүзинде.

Гөззаллық та, бунша қатал бола ма,
Бизди қыйнап, сени ойып сала ма,
Ышқы дәрти ес - ақылда ала ма,
Зары гириян әйлетпесе изиңе.

Қаплан нәзер сүзип баққан қарасың,
Қан жылатты жүрегимниң жарасын,
Бул ҳалымды түсингенлер сорасын,
Түсинбеген көринбесин көзиме.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…
Subscribe to a channel