qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Орысша жаргон сөз бирақ Партак емес Партағ шығар Партағ болса билмедим

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күн темасына

Төртлик

Гүлли липас кийгизсең де маймылға,
Қуп жараспас, липас еңиреп кетеди.
Қымбат кийим киймедим деп қайғырма,
Ҳасыл минез кийимнен де өтеди.

💥💥💥

Қыл қаўған зейниңе мен зейин қостым,
Әшекөй кийинсе ақылы бостың,
Ол не болар мениң қәдирдан достым,
Бир шешилсе, қайтып "кийилмес постын?".

💥💥💥

Қырғаўыл, таўыста гөззал тәни бар,
Қубылған пәринде белли сәни бар,
Усқынсыз бүлбилде сән болмаса да,
Бирақ, сайраўында әлем мәни бар.

💥💥💥

Тәнниң салтанаты - көркем кийимдур,
Жанның салтанаты неге тийимдур?
Тән сазлап, пазыйлет жалаңаш қалса,
Әне, усы жағы, өте қыйындур.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Озбекстаннын гимнин бар болса таслап берин илтимас

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Атыздағы егини сарғайыўға келген дийқанлар жуўырысып келип Рузматтың қолын тутты, ол байға қарады. Бай ат үстинен үшеўин де қамшылады. Дийқанлар атызларының қулағын бирден байлатқанынан көре оның қамшысын абзал көрип алдында арман-берман жуўырысты. Усының үстине Ерназар жетип, байдың арт бетинен келип қамшылы қолын тутты.
Кеўли өскен бай оны да урыўға мейилленип, қамшысын көтере бергени, Ерназар оның өзи тәрепиндеги аяғын көтерип жиберди, бай аржағына - суўы толы салмаға самбыр етип жығылды. Қасында Рузмат, ери аўған байталы, ийти - Басар қалды.
Ерназар Хийўаға кетер алдында, анасы менен келиншегиниң еккен еки қыйтақ жүўерисин өз көзи менен көрип, шөллесе суўғарып келиўге келген еди. Еле суў талап етпейди екен. Алдынғы еки дийқанға ҳеш кимнен қорықпай егинлерин суўғара бериўин, байдан және жаманлық шықса, изинен келип айтыўын ескертип, туўры үйине қайтты.
Есигиниң алдында улы Хожаназардың қолларынан услап "ғайың-ғайың гүбелек" ойнатып атырған Гүлзийбаны көзи шалды да, тула беденин бийлеп киятырған ашыўы бирден басылды. Қыздың да оған көзи түсип, гилт тоқтағаны сол, бала қолынан шығып кетти де, сүйретиле жығылды.
Ыңырсып атырған баланы көтерип алыў екеўиниң де есине келмей, бир нешше демге қалша қарасты.
Бала әстен түргелип Гүлзийбаның етегине жармасты. Ерназар қалтасынан нағыслы орамал шығарып бетин сыпырды. Буған өзлери түсинип үнсиз мыйық тартып күлисти де, баланың басынан екеўи де тең сыйпап сәлемлести.
- Гүлзийба, орамалың ушын рахмет. Жағдайларың қалай?
- Өзиңиздиң саламатлығыңызды айтың?
- Хийўаға нөкерликке кетиў нийетим бар.
- Балаларыңыз, анаңыз, адамлар және сағынып қалмай ма?
- Сен Хожекени жақсы көресең бе?
- Өзиңиз ше?
- Жанымдай.
- Мениң де.
Ерназар үнсиз ойланып қалды.
Ылашықта дем алып жатырған Қумар аналық олардың сөйлесигин еситип, жағасын услаў менен өзиниң тирилигинен белги бермеўге тырысып бақты. Рабийби үлкен үйде отты алыстыра алмай атыр еди, ҳештеңе еситпеди.
Ерназардың ойға шүмгенине қарап, Гүлзийба надурыс сөйледим бе деп сескенгенинен қапталындағы ылашыққа кирип кетиў ушын еки адым атып барып, және изине айналды:
- Ерназар аға, сизден сорайжақ үш сораўым бар еди.
- Сора.
- Ең қыйын жол қайсы жол?
- Ең қыйын жол - өзи билмеген жол.
- Опасыздың дослығын не менен теңгерсе болады?
- Опасыздың дослығы музға жазылған хат.
- Ерназар аға, қандай адамды жек көресиз?
- Түтиннен қорыққан отжағарды жек көремен, шықылдыны жақтырмаған темиршини жек көремен. Енди өзиңе бир сораў. Ақыллы қалай ақыллы болады?
- Ақыллы көп ақылсызларынан соң ақыллы болса керек.
Ерназар қызға таң қалды: "Былтыр жүдә жас еди, әдеўир-ақ ержетипти. Маған бир жола Сержанбайдың хызметкери Рузмат та сөзге дилўар көринип еди, дилўарлық бул қызға да аўысыпты. Өз перзенти болмаған соң сорлы бай өмиринше билген даналықларын жас хызметкерлерине үйрететуғын болса керек. Бәлким, Теңел жүдә ақыллы атқосшы болып ержетер".
Қыз Ерназар менен болғаны ушын кеўлине алып жүрген бас сырын бирден ашты.
- Ерназар аға, мениң әкем оқтан ушып өлип атырғанда басында болғансыз деп еситтим. Ол бахытсыз болып өлди ме?
- Анық айта алмайман. Бирақ, ҳақыйқатлықты бүркеп өлген болса, бахытсыз.
- Мен тек ҳақыйқатлыққа жасайман, Ерназар аға. Теңел де сөйтеди. Сонда бахытлы боламыз ғой-ә? Неге ойландыңыз? Сиз қалай өмир сүр десеңиз солай өмир сүргим келеди.
Ерназар оған жуўап берип үлгермей-ақ, кишкене бөпесин көтерген Рабийби көринди.
- Гүлзийба, бир қабақ суў әкел!
Қыз тил қатпай ылашыққа сүңгип кирип, қабақ арқалап шықты да, Ерназарға айрықша ысық ҳәм нәмәлимлеў шақырық нәзер таслады. Ерназар баласының басынан сыйпалаўы менен оның изинен қарап қалды: "Қандай ақыллы, қандай сулыў. Үстиндеги сонша жупыны кийимлери менен-ақ не деген гөззал. Үзик-үзик қара булт арасынан жылтылдаған ай киби. Байдың қызы болып жасанармеди? Пүткил Хорезмниң жигитлери жолында тентене болып теңселер еди... Ўақ-әй, жас өтип баратыр. Неге? Меннен жасы еки есе үлкен байлар қыз алып атыр. Анама берген сертим болмаса...
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 01

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Еки аққуўдың өлими

Аспан төңкерилип жерге түскендей,
Көп - көмбек мөлдир көл айдынларында,
Муҳаббат суўына шомылып теңдей,
Жуп аққуў таранып, жүзип турғанда.

Бийазар ышқының тымсалы яңлы,
Не деген гөззаллық шашырап оянған!
Қанатлы жуп әрман, мысалы таңғы,
Аппақ сәўле киби нурын таратқан...

Аққуўлар, арыў қус салланып әсте,
Көл үстинде жүзген әтир гүл түсте,
Мойнын үйкелесип көрисер еди,
Заўықланып олар ҳәр бир нәпесте.

Ашықлық руўҳында бир тегис назлы,
Көл төсин аймалап, сыңсып жүзгенде,
Ҳаўазы еслетер еди муң сазды,
Сер салып наласын еситкениңде.

Тап усы тақлетте бир неше күнде,
Ләззетленип, ҳәз етип олар жүзгенде,
Ашық аспан, мәрўарийд жулдызлы түнде,
Ашықлар қосласып дәўран сүргенде.

Қүнлердиң күнинде қопа қамыстан,
Мийримсиз бир мерген қоша мылтығын,
Асынып, көл таман келди алыстан,
Жин көзленип, қуўға қарап ынтығып.

Келди ол жақынлап, силтидей тынып,
Сүңгип кетип қалың қамыс ишине,
Мылтықтың бир қарыс тек ушы шығып,
Тарс етип оқ көшти, минип күшине.

Сонда үрип ушқан әжелдиң оғы,
Туўра келип қустың төсине кирди,
Қан сорғалап, әттең, көлдиң үстинде,
Ақ ыйығын силкип, сылқ етип өлди.

Ессиз, сөйтип, көлге ақ қус қан берди,
Қус емес, бир гөззал әрман жан берди,
Ал, жаўыз сол аңшы мардыйып сонда,
Масайрап өзине - өзи тән берди.

Әл ҳаўадан оралып жеке қайтқанда,
Оқтан аман қалған қуўдың жубайы,
Сәўгилисиз сол күн атқан бир таңда,
Сүйген ярын жойтып, сыңсып жылайды.

Жылады, жылады, аққуў жылады,
Көзинен жас емес, қанын булады,
Ишпей, жемей дәртин ишине жутып,
Ол да суў үстинде әсте қулады.

Ал енди, аңшының ҳалына қайтсақ,
Бир күни түсинде арыў ҳаялы,
Жаралы қуў болып жүргенин айтсақ,
Демеңиз, шайырдың бул қам қыялы.

Көп узамай аңшының сүйикли яры,
Төсек тартып наўқас болып жатқанда,
Түсине жан берген қуслардың бәри,
Енип шығып, ол да шоршынды таңда...

Гөззаллық әлемин сезинбегенге,
Қуў түўе бир тийин қуралай көрки.
Айралық дәртинде езилмегенге,
Кәр етпес биреўдиң ҳижранлы өрти.

Ўа, ҳәсиретли қуўлар, өлсең де, мықлы,
Руўҳыңызды бирге байлап кеттиңиз,
Уллы муҳаббатты, шын садықлықты,
Сизлер жүрегиме жайлап кеттиңиз.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Фразеологизм болады.

Frazeologizm

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Там басына тары жайдым.
Жулдыз.
Әкеси аўзын ашып тур,баласы теўип қашып тур.
Кели ҳәм келсап.
Жер астында темир қазық.
Гешир

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

SÁLEMNAMA


Assalawma aleykum  zamanlaslarım.
Jası ullılar jası qatar doslarım.
Hár  birińizge tereń den sawlıq tilep.
Sizlerge men sálemimdi jolladım.

Assalam  báhárim báhár ayyamı.
Tábiyat oyanıp elim jaynadı.
Dalalarda esip  sáwir  samalı.
Ushıp kelgen quslar nama saladı.

Assalam ádalatlı jyuri  quramı.
Uranıńız  ádil  bolıw  mudamı.
Bilimli zeyinli hám epshil  bolıw.
Degen sózimiz oqıwshılar uranı.

Assalamnan  baslanar  sázimniń  bası.
Sálem beriw insannıń hasıl aynası..
Aldı menen sálemim siz ázizlerge
Xosh kelipsiz búgin bizdi kórmege.

Assalam demeklik awel  basınan.
Payǵambar súnneti insanǵa húrmet.
Doslar jańa  ásir  bosaǵasında.
Diydar kórisiwdiń ózi ǵániymet.

Bizlerdi  maqtap marapatlap.
Xoshametlep qol shappatlap.
Kim utar eken dep otırǵan qarap.
Tamashagóylerge sálem assalam.

Ustazlarǵa mıń raxmet.
Oqıń jazıń biliń dep.
Násiyatlar bildirgen.
Ustazlarǵa sálem assalam.

Qırıq qızdıń ǵumsha baǵınan.
Batır Ernazardıń ósken  jaǵınan.
Ájiniyaz Berdaxtıń xosh hawazınan
Bellesiwshi jaslarǵa sálem assalam.

Neshshe ullı insanlar oqıǵan jurtımda.
Bilim kásip sırların úyrengen mákan.
Ulamalar tilewxana meshitim.
Bas iyemen metebime sálem assalam.

Ámiwdárya jaǵasınan
Gózzal Nókis  qalasınan.
____  klass  atınan.
Bársheńizge salam assalam.

Klasımız haqqında aytıp ótsem men.
Eń  aldı klaslardıń biri bolamız.
Bilimli ónerli hámde sporttan.
Bárha alda bolıw uranımız.

Mektebim altın dárgay sarayım.
Klasımız maqtanıshım sarayım.
Kamalat bul jaslar tayanıshı.
Mende tayanısh bolıp xızmet qılayın.

Assalawma aleykum dep sóz  baslayın.
Jaqsı  sózler  aytıp kewil xoshlayın.
Ruxsat  berseńiz áziz miymanlar.
Topar menen  tanıstırıp  baslayın.

Nókis  jasları  bizler  bolamız
___- mektepte  tálim alamız.
Toparımızdıń atın siz  sorasańız.
............. toparı bizler bolamız.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

8-martqa salemnama qosiq qatarlarimen ozin tanistiriw

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Тий десем тиймейди
Тийме десем тийеди .....
жуўап (ерин)
Қара сыйырым қарап тур
қызыл сыйырым жалап тур .....
(қазан ҳәм жалын-от)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күн темасына

Ҳәр кимниң бар өлшеў тасы өзинде...

Ҳәр кимниң бар өлшеў тасы өзинде,
Қумырысқаның нәзер салсақ жүгине,
Өзлерине батпан салмақ көринер,
Зәрре түйир болған менен бизлерге.

Сол дегендей, сениң дүнья қарасың,
Баз биреўге шақ келмейди өмирде.
Бирақ, инсан өз қәддинен дым асып,
Турған жерден секирмейди өмирде.

Ҳәмме сиз ҳәм биздей бола бергенде,
Шегаралар тутармеди еллерге?!
Мәплер дағыс, пикир қағыс болған соң,
Зәрүрликтен бөлинген ғой, жерлер де.

Қус ол қус қой, билгиң келсе шыбынды,
Қыялыңда шыбын болып ушып көр,
Бул бир мысал, ким билди, ким уғынды?
Ең баслысы, көкирек көз болмасын көр.

Әлўан пикир, плюрализм - призма ол.
Көп ойлардан шығар реңли, нурлы жол.
Бийжөнди де, жөнди де өз тасына,
Тартып көр де, өз мүлкиңе сергек бол.

Ой - өристиң тар болсалар шеңбери,
"Менлик" жайдан шыға алмай терлейсең.
Көзиңди жум, әлем шарлап кел, бери,
Сонда ҳәр ким, ҳәр түрлигин серлейсең.

Ойлай билген ой сүреди салмақлы,
Салыстырып талай он сан бармақты.
Мен дүньяны қалай көрсем, солай деп,
Дана адам илип қоймас қармақты.

Көз шетине тосық тутқан атлардай,
Биреў көрер өмирдиң тек бир жолын,
Қоңсы жолда не барлығын аңламай,
Көп гүмилжи етер және оң, солын.

Сен таныған өмир, бәлким, әжайып,
Ал, биреўге турғандай ол сусайып,
Қарыс пенен шенеп алған метриң,
Биреўде кетер келтерип я узайып.

Бир сүўретши қыс тулғасын көп салып,
Бир шайырлар бәҳәрди мол жырлайды.
Өз пикири болмаған соң көз салып,
Басқалардан биреў пикир урлайды.

Нар түйеден базы пиллер тайнапыр,
Пилден дәпен жираф бийик ол, ақыр.
Адамлардың ойлаўы да сол киби,
Бири келсе, бири келмес, ол пақыр.

Дәрбент жолда дийдарласқан пикирлер,
Тил табысса, бир тоқтамға иркилер,
"Мен не деймен, қобызым не?" деместен,
Көпке татыр идеялар түртилер.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Илимнен нәр алса ҳийле ҳәм сумлық,
Ең қымбат нәрсе де болар бир пуллық.

Биз әўере болдық телефон менен

Әне, буны илим, техника дейди,
Интернетлик пенен сана есейди.
Инсан кеўли және нени күсейди?!
Биз әўере болдық телефон менен.

Жатсақ та, турсақ та, жанда - телефон,
Күндиз, ақшам, ерте таңда - телефон,
Ҳәр күни сапада, санда - телефон,
Биз әўере болдық тап соның менен.

Үй - жумыс арасы қәдем басқанда,
Асханада жүрип аўқат асқанда,
Ошақта сүт күйип, тасып қашқанда,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ойыншық саўдадан өкше көтерип,
Нәресте жыласа, қолына берип,
Сол гөдекке зыян нурын өңгерип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Дастурқан әтирапы қонып төсекке,
Биссимилләны айтып ас, нан жесек те,
Дым иштейли болып сыпсың өсекке,
Биз әўере болдық телефон менен.

Гә билимге толып, гәҳи сүринип,
Гә өмирди сүйип, гәҳи түңилип,
Еңсемиз нақ қатып, пилдей үңилип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ҳәр заманға бола бир заман деген,
Жаңалыққа өш ғой, бул адам деген,
"Билгиш" болып түрли мәпти гөзлеген,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ата - бабаларым бурын мәәә, саған,
Билмем, телефонсыз қалай жасаған?!
Ҳәр қандай прогрессиз өмир ақсаған,
Деп, әўере болдық телефон менен.

Турмыс тараўына тереңирек кирген,
Бир мүшемиз киби айрылмай жүрген.
Болсақ та, пайдасын, зыянын билген,
Биз әўере болдық телефон менен.

Тап қашып кетердей, бастың ушынан,
Оған орын сазлап көпшик тусынан,
Бирге жатып турып түнде, усыннан,
Биз әўере болдық телефон менен.

Бир күн жүрер болсақ оған асылмай,
Кеўил қарар таппай, маўқы басылмай,
Оған ышқымызды ҳасла жасырмай,
Биз әўере болдық телефон менен.

Базда шектен шығып жанға батқанын,
Айта салып, буны елге сатқанын,
Садағасы кетсин ойлап тапқанның,
Деп, әўере болдық телефон менен.

Ғәниймет досларға қушақ ашқанды,
Ағайин, туўғаннан хабар алғанды,
Сийрекситип жанлы қатнасықларды,
Биз әўере болдық телефон менен.

Алыс - жақын болып оңайлық татыр,
Үй, жайдан шықпай - ақ, ис питип атыр,
Қәйтсеңдағы, өмир сол өтип атыр,
Әўере - сарсаң боп телефон менен.

Жипсиз тусаўланып, изине ерип,
Көздиң майын берип, гәўҳарын берип,
Ҳасла ада болмас ўәжлерин терип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Деймиз, бирақ, олсыз жасамақ қандай?!
Аса кеткен шекер - артықмаш палдай,
Көп нәрсеге дәркар мәденият сондай,
Мәдениятсыз нешик телефон менен?!

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Мен қосықтың масағын,
Терип жүрген уқсайман

Әдебияттың гүл бағын,
Қарап турсам не жайдан,
Мен қосықтың масағын,
Терип жүрген уқсайман.

Жазған қосықларыма,
Ҳеш те қәнәәтим жоқ,
Писетимде барыма,
Ҳасла емес кеўлим тоқ.

Кеше жазғанларымның,
Өлшеп көрсем жүгин мен,
Салмағын да жарының,
Көтермеппен бүгин мен.

Гейде жай деп салғаным,
Бир ықлама қос шығар,
Базда жүрген жолларым,
Наўасы жоқ бос шығар.

Жасап кеткен екен - аў,
Бизге дейин шайырлар,
Ал, мен суўсыз бос арна,
Мысал тепкен қайырлар.

Жүзсем, дәрьядан, сайдан,
Ақшам, күндиз, песинде,
Еле жүрген уқсайман,
Қосық әлипбесинде.

Бирақ, саған қайылман,
Руўҳым, ҳасла шөкпедиң,
Поэзия пиринен,
Үйренбегим көп мениң.

Халқымызда бир гәп бар :
Жормал, - дейди, - жүргенге,
Ырзаман қосық пенен,
Жүрип дәўран сүргенге.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қарақалпағымның гөззал қызлары

Қарақалпағымның гөззал қызлары,
Ләйли, Зухралардан кем емес бәри,
Тап өзиндей сулыў бахты, ығбалы,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.

Миллий кийим кийсе, қандай жарасар,
Жилўасына көкте жулдыз таласар,
Мәгар ийбе қылса назы қыр асар,
Қарақалпағымның арыў қызлары.

Сәнли атларының өзи бир дүнья,
Жалт еткен жулдыздай көзи бир дүнья,
Сөйлесе тилинде бардай мәргия,
Қарақалпағымның арыў қызлары.

Бири ҳүр Айымхан, бири Гүлайым,
Бири гүл Арыўхан, бири Қаншайым,
Ашықларды өртер назы күн сайын,
Қарақалпағымның айдай қызлары.

Таўыстай таранып шықса Гүлсәнем,
Аўзын ләң ашысып қалады әлем,
Имләсына қымбат шекилмиш қәлем,
Қарекеңниң сондай гөззал қызлары.

Ораза айында туўған Оразгүл,
Бәс байласа алмас оған бираз гүл,
Жүз бурып кеткендей шәменнен бүлбил,
Қарекеңде көпдур перий қызлары.

Ай десе, Айымхан, минсиз Минайхан,
Айдан да келбетли тең - тайсыз Айхан,
Жер жүзинде бар ма, сондайын жанан?
Бәршеси елимниң шоқ жулдызлары.

Гүллердиң сарасы зердей Сарыгүл,
Мың дәртлерге дәрман мисли Дәригүл,
Аның жүрип өткен жери бәри гүл,
Көрген жигитлердиң аўар аңсары.

Қәлем қасы қыйғаш, көзлери сүзик,
Сүйрик бармағында перўза жүзик,
Мудам жасар сәнли салтанат дүзип,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.

Елде Ғумшалар көп сулыў Дилбардай,
Ҳәр биринде шексиз беккем сыр бардай,
Мәгар қыя бақса жанды алардай,
Қарақалпағымның арыў қызлары.

Гәпти астар менен бежерсе Зерхан,
Тубалап қалады ҳәр қандай шер, хан,
Өйткени, тәнинде дилўарлықтан қан,
Толып - тасып ағар буннан да ары.

Бир сүўретши тахтқа мингизип қойып,
Зер сүўретин салса көркине тойып,
Бул не деген қүдирет, теңсиз әжайып!
Деп, ығысар еди туристтиң бәри.

Қустай қыялланса базда Айшолпан,
Таңда көзи қыймай батыўға шолпан,
Ақшам усы жерден излейди мудам,
Қарекеңниң ҳүрдей арыў қызларын.

Сайланды гүллердиң зоры Гүлнара,
Ақыллы сөз айтса шақмақтай дара,
Мен деген жигитлер еталмас шара,
Олар бизиң елдиң алғыр базлары.

Бийликли Бийбиназ, серли Сәрбиназ,
Қырқ түйени мерткен қыздың бәри наз,
Арын қорғай билсең, кеўли бәҳәр, жаз,
Бизиң елдиң аппақ намыс қызлары.

Журтымда жасайды ҳүрдей Ҳүрлиха,
Арзыў - әрманлары шыңларда, бәрҳә,
Ҳеш бир жерде жоқдур тек бизде, тәнҳә,
Батыр Тумаристиң алптай қызлары.

Жан әлеми айдай арзыр Арзайым,
Күндей күлсе бәрше минсиз Минайым,
Мисли жәннет етер отырған жайын,
Қарақалпағымның дана қызлары.

Қуллас, дүркин - дүркин ҳасыл қыз бала,
Олар халық ишинде ертеңги Ана,
Миллет мақтанышы, бәри дүрдана,
Қарақалпағымның гөззал қызлары.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://youtube.com/shorts/TdpWmwyzhdQ?si=j47lbJalvFnseCeM

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум.

Партак созинин манисин билесиз бе? Айтып жиберсениз, отиниш.

Мына катар кайсы китаптан екенин де таба алмай турмыз

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Болалмас

Сөйлер болсаң, тилде не көп, сөзлер көп,
Гүллән гәплер бәри зердей болалмас.
Өз қәдирин бир пул шелли етпеген,
Ғаўық сөзлер ҳасла дүрдей болалмас.

Ҳасыл мәржан жатар терең - тереңде,.
Кимдур зәҳәр уйытса алтын зеренге,
Қурбаны аңламас, илмес зейинге,
Көз көргенниң бәри бирдей болалмас.

Ҳақыйқый шын гөззалларды ким аңлар?!
Жеңил минез және еси аўанлар,
Диянатсыз, пәҳимсиз қыз - жаўанлар,
Ҳеш биреўи мисли ҳүрдей болалмас.

Жантақ, шеңгел, шатлық - пута көгерип,
Урқанын молайтып, қулашын керип,
Турсадағы ол да жерге түр берип,
Бағ ишинде лала гүлдей болалмас.

Даўыслардан парқ әйлейди даўыслар,
Таңда турып зарласа да таўыслар,
Қыйқыў салып сайраса да гил қуслар,
Нала тартқан бир бүлбилдей болалмас.

Қанша нәмәрт өзинше "мәрт" болса да,
Ғурыжланып әззиге күш салса да,
Қара басқа мысал шердей болса да,
Елим деп емиренген ердей болалмас.

Қара қылды айырмаған маңызлар,
Тас түнекти жақтыртпаған аңызлар,
Бизден жырақ жымыңласқан жулдызлар,
Қуяштың бир зер нурындай болалмас.

Ҳинжи, мәржан сөз басқаша, бул анық.
Мәзи жылтыр әжеп тыслар шоқланып,
Темир - тирсек, шылғый мыслар топланып,
Алтынның бир қыйқымындай болалмас.

Жазар болсаң тилде не көп, сөзлер көп,
Гүллән гәплер бәри зердей болалмас.
Өз қәдирин бир пул шелли етпеген,
Қыйқым сөзлер ҳасла дүрдей болалмас.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум азизлерим

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ериккеннен жазылмасын қосықлар

Кийели ис - поэзия, тек оған,
Сайлы келмес даңғырлаған бослықлар.
Илҳам пери дусласқанда ол саған,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Тәўекелге менде жүрис болды деп,
Кирмей жүрген иске кирис болды деп,
Бос ўақтымда бул да бир ис болды деп,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Тосаттан келген сөз көз - қас болды деп,
О, әжайып... менде уйқас болды деп,
Еплеп - сеплеп салған үй тас болды деп,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Жөналды бир қарабарақ ўәж терип,
Дус келгенди қыялыңа өңгерип,
Оқып көрмей, жазғаныңа сын берип,
Дусмалдан дус жазылмасын қосықлар.

Оқығанлар илип салар мән алмай,
Қәлем жүйткип, бирақ жүрек қозғалмай,
Көкирегиңе әлем - әлем дәрт салмай,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Ана тилден таңлап сөзди саплаўда,
Ел, халықтың исенимин ақлаўда,
Қақырада бол яки сәнли отаўда,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Бар сезимин толқынлатып жүз есе,
Көзги яңлы онда өзин көрмесе,
Ҳәр қатарын оқып кеўил бөлмесе,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Болсын десең, тасты жарған бир булақ,
Шаңын қақсын десең, кеми мың қулақ,
Йош тулпары жатпасын десең қулап,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Мәгар жазсаң, жуўапкерсең сөзиңе,
Ықтыят бол көкиректеги көзиңе,
Бир бәле болмасын десең өзиңе,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Шертилгенде жүректеги жуп тарлар,
Жаныңды жеп шығар ҳасыл қатарлар.
Қәлем тутқан үлкен - киши адамлар,
Ериккеннен жазылмасын қосықлар.

Оқығанлар толқып "аҳ!" деп, қалмаса,
Жан сезимин силкип ләрзем алмаса,
Анда көрип терең ойға талмаса,
Неге дәркар жеңил - желпи қосықлар?!

Адасқанды дүзиў жолға салмаса,
Үмитсизге үмит бағышламаса,
Сән бермесе және елге жараса,
Неге керек аўдық - ғаўдық қосықлар?!

Қосық мүлки ермек емес билгенге,
Ол - сүйениш, жылағанға, күлгенге,
Ўайран болар жандағы сәл кирден де,
Еңиреп - еңиреп соқыр болған қосықлар.

Қыйқым тема қуртып менмен шайырды,
Еслетеди сарсаң кесек сайылды.
Елиң түўе саған дүнья қайылды,
Машақатын шегип жазсаң қосықлар.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Muģallimler#Repetitorlar#Studentler #JOO muģallimleri#Abituriyentler#Mektep oqıwshıları
# SABAQLÍQ TEST
📕5-klass.Ádebiyat.2020.pdf
📕5-klass.Ádebiyat.2024.docx(I-II sh.)
📒5-klass.Ana tili.2024
(I-II sherek).doc
📘8-klass.Qaraqalpaq tili.doc
📘8-klass.Ádebiyat.doc
📗9-klass.Qaraqalpaq tili.doc
📗9-klass.Ádebiyat.doc
📚10-klass.Ana tili.2022.docx
📖tolıq qamtılģan
📖eń sońģı basılımları
📖ABCD variantta
🖇elektron kóriniste
📌testten tisqarı fayl ishinde: hár qıylı oyınlar,sorawlar,jeke pikirler,milliy sertifikat testinen úlgiler berilgen
🖼fayl ishinde oqıwshılardı,hátte sizdi de qızıqtırıwshı súwretli testler berilgen
📲Testti qalay alamız?🤔
-📲Telegramm lichkańızģa taslap beriledi//tólem ótkerilgennen keyin//
@lolaxan_orakbaeva tárepinen
💰 5,8,9,10- klass 👆barlıģı ulıwma 60000 mıń summa bahasında//eger bólek alaman deseńiz hár qaysısı 20000 summa bahasında beriledi☝️
#Test
📘6-klass
📘Qaraqalpaq tili
(Mámleketlik tili)
📇2019-jılı
📒ABCD variantta
✅Juwapları berilgen
🔗Izbe-izlikte(tolıq túrde)
🔖word(docx)
💳Bahası: 20000
(tólem aldınnan/click)
Baylanıs:
@lolaxan_orakbaeva
(kók sızıq ústin basıń)

__
n:Qaraqalp
aq tili(Mámleketlik)
Klass: 7
Dúziwshiler:M.Dáwletov,A.Abdiev,G.Abishov, A.Dáwletova
Baspa jıl:Nókis,"Bilim"-2019
Test dúziwshi:
@lolaxan_orakbaeva
Bahası: 20000
Kanalimiz:
t.me/Karakalpak_tili
___
Pán:Qaraqalpaq tili(mámleketlik)
Klass; 8
Avtorlar:M,Dáwletov,Sh.Allaniyazova,D.Seytqasimov,Á.Dáwletova
Baspa:Nókis."Bilim",2019
Test dúziwshi:
@lolaxan_orakbaeva
Bahası: 20000
📖tolıq qamtılģan
📖eń sońģı basılımları
📖ABCD variantta
🖇elektron kóriniste
🖼fayl ishinde oqıwshılardı,hátte sizdi de qızıqtırıwshı súwretli testler berilgen

6,7,8-klass(mámleketlik) jámi:60000

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Prezalagyzimge misal

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

14- yanvar ga salemnama taqmaqlar barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tawip berin'da iltimas

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Толғаныслар

Өтмишимди пүткил умытсам,
Бул ғой, мениң болғаным арсыз.
Өткен күннен жуўмақ шығарсам,
О, өтмишим, ядымда барсыз!

Кешеги күн - бүгинге тийкар,
Бүгинги күн - ертеңге үмит.
Олсыз мениң барлығым бийкар,
Келешек әрманым, мени күт.

Бул өмирди сүйип жасарда,
Мейли, болсын мың тәшўиш ағым,
Алып бар сен мени гүзарға,
Үйимнен басланған соқпағым.

Өтирик айтып несин алдайын,
Баз өмирлер - толғанбаған жыр.
Сизлерде билмедим, қандайын,
Мениң ушын гей бир адам - сыр.

Сондайлар бар, сөйлегенде,
Қулағым гүң болса деймен.
Сондайлар бар, сөйлегенде,
Гүңлер ҳәм тыңласа деймен.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalam aliykum jumbaq tawip beriňda qalegen

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ғаз баласы

Қурықтан шығып төте яңлы,
Сүйсиндирип ҳәр адамды,
Суўға түсип қалытқы яңлы,
Қалқып жүзер ғаз баласы.

Бул өнерди ким үйреткен?
Жүзсе, қалыспас үйректен,
Жулып жеп пишен сүйриктен,
Талтаңлайды ғаз баласы.

Үпилдирик мамықтайын,
Ана ғаздан айрылмайын,
Шаққанласып ол күн сайын,
Балпаңлайды ғаз баласы.

Ғаз анасы жан тиринде,
Айбат шегип жаў түрине,
Ғаңқ - ғаңқ етсе өз тилинде,
Жалтаңлайды ғаз баласы.

Ойнағандай баллар қалақ,
Қуўалай жүзип ғаллығалақ,
Бири - бирин түртип қарап,
Арбаңлайды ғаз баласы.

Бир сызықтан жүрип сәнли,
Сап тартысып нөкер яңлы,
Ҳәм тырбаңлап бөпе яңлы,
Жортаңлайды ғаз баласы.

Қанат қатса ушаман дер,
Ушып көкти қушаман дер,
Мәканлы жайында егер,
Жүрими болса ғаз баласы.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Усы саған - уллы Ўатан

Өз мийримин берип анаң,
Тийтырнағын салса атаң,
Ўақтынша бир мәкан емес,
Мәңгиликке қалсын Ўатан.

Ақ бесик, қәбир арасы,
Көп жерлердиң ең сарасы,
Қарақалпақтың кең даласы,
Усы саған - уллы Ўатан.

Миллет асын асаған жер,
Ана тилиң жасаған жер,
Естен шығармасаң егер,
Усы саған - уллы Ўатан.

Халқыңның кең пейил түри,
Шалқып турса ел дәстүри,
Қәлбиңде жасаса бәри,
Бул да саған - уллы Ўатан.

Өзге жерди ҳәўес етпе,
Ҳәўес етсең, қаңғып кетпе,
Киндиктен қан тамған жерде,
Жүрегиңде қалсын Ўатан.

Ҳүрмет етип ҳасыл затын,
Көксиңнен түсирмей атын,
Қәстерлесең муҳаббатын,
Бул да саған - уллы Ўатан.

Сегбир тартып, болып сарсаң,
Мәгар жырақ кетип қалсаң,
Келип кеңирек нәпес алсаң,
Бул демиңде бардур Ўатан.

Нәзерленсең қыя дүзге,
Жақыныңдай енип жүзге,
Оттай басылса бул көзге,
Көргениңниң бәри - Ўатан.

Қара таўдың қыр қыясы,
Шылпықтың саз тақыясы,
Гөне заман ўақыясы,
Дөрелген жер - уллы Ўатан.

Айдарлы селеў ҳәм жуўсан,
Қарабарақ, жыңғыл мың сан,
Сексеўил, жантақты айтсам,
Жаныма жат емес ол ҳәм.

Ол ҳәм тамырласса, өссе,
Қара тал, тораңғыл десе,
Ҳәр иргеде көзге түссе,
Соның асты - маған Ўатан.

Туқымы гүл, боянлардың,
Таўшан кийик, қоянлардың,
Ҳәтте, шаян, жыланлардың,
Өскен жери - уллы Ўатан.

Балалығың, шоқ жаслығың,
Кисилигиң, қуў қартлығың,
Садықлығың, турақлығың,
Көринген жер - уллы Ўатан.

Жат журтта бир атқан таңда,
Сағынышы қыйнағанда,
Жүрегиңе сыймағанда,
Елес - белес турар Ўатан.

Жаў шапқанда не бир заман,
Қос бузарда ата - бабаң,
Анда посып, мында посып,
Ҳәр қонысқа болып алаң.

Ақыр бир күн турақлады,
Посқынлықтан жырақлады,
Шегин сызып жуўмақлады,
Болсын деп, урпаққа Ўатан.

Шейит етип не бир ерди,
Жанын берди, қанын берди,
Бирақ, ары өзгермеди,
Қалсын деп, әўладқа Ўатан.

Ҳәр тәрептен қарап сени,
Өмириңе жарап сени,
Ақ жуўып, ақ тарап сени,
Кепинлеген жериң - Ўатан.

Түркмен менен өңирлескен,
Өзбек пенен биргелескен,
Қазақ пенен иргелескен,
Усы жердиң бәри - Ўатан.

Көп жерлердиң ең сарасы,
Қарекеңниң "Бес қаласы",
Қанат жайған кең даласы,
Буның бәри - саған Ўатан.

Жуп шамшырақ гәўҳарындай,
Ер азамат пәк арындай,
Жүректеги от жалындай,
Лаўлап турсын усы Ўатан.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Jane barma til haqqinda

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aleykumler Til haqqinda naqil maqal tawip berin"da kimde bar,aldinnan raxmet....

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Өз елимде атқан таң сулыў...

Өз елимде атқан таң сулыў,
Таңда оянған аспан сулыў,
Туўған жерде, ҳәтте, тозаңғып,
Бурқып атқан аппақ шаң сулыў.

Сулыў сенде өткен күнлерим,
Жулдыз санап жатқан түнлерим,
О, туўған жер, өзиңнен артып,
Кететуғын жерди көрмедим!

Көрмедим бул кеўил қумарын,
Өзге журтта еркин турарын,
Қайда жүрсем, тартар да турар,
Жүрегимнен алып не барын.

Барын арнап жасасам сенде,
Буннан артық бахыт жоқ менде,
Қуўанышың, қайғың да пүткил,
Тамырласып қалды кеўлимде.

Кеўлимде бар сан мың әндийше,
Бирақ, олар сенсиз өзгеше,
Өзгеше сайрайды қуслар да,
Көлинен айрылса ҳәмийше.

Ҳәмийше турса, зер қәпесте,
Бүлбилдиң ҳәм жүреги қәсте,
Қанат қақпай муңлы сөнеди,
Сырлы сести кем - кемнен әсте.

Әсте ғана келер де, қулар,
Жайлаўынан айрылған ғунан,
Жанарынан жаслар тамшылап,
Өз үйирин сағынар мудам.

Мудам қайғы, ҳәсирет қапласа,
Сум айралық жанды жалмаса,
Гүл өмирден сәни кетеди,
Ана жердиң дузы тартпаса.

Тартпаса, жаныңда жоқ жылыў,
Ҳеш бир қуяш бермес ысыныў,
Өйткени, ол ҳәр бир инсанға,
Өз елинде атқан таң сулыў.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…
Subscribe to a channel