qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

bir tanesini ayting menga 🙏🥲

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Túrkstannanbız dese de boladı.Sorawǵa qarap juwap .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

@Asenbaeva @Kaxannnn

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Көк емен Байнияз Қайыпназаровтики емеспеди?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma aliykum hammege 19-asir qaraqalpaq adebiyati shayirlarinin doretiwshiligi ham omiri haqqinda magliwmat barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tirkes sózi me tirkis pe "Qaraqlpaq tiliniń túsindirme sózligi"nde bar ma ?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сорау бердинизбе я тест алып атырсызба? Онда дурысын айтын?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Көп қырлы, көп сырлы әдебиятымсаң

Гөне үйден шыққан әлем жаршысы,
Наҳақлық сийнесин гөзлеп атқышы,
Шығыс ҳәм Батыстың кәрўан тартқышы,
Сен, аўыр теңселген терең уммансаң,
Әрманлы, дәрманлы, мың сырлы жансаң.

Авесто булағы қайнап сағаңнан,
Сыр шертип Тоны көк, Билке қағаннан,
Махмуд Қашқарлыдан, түрки ағамнан,
Бизге жетип келген теңсиз бостансаң,
Әлемге дүр шашқан нурлы дәстансаң.

Журттың жырын бозлап "Алпамыс"ларда,
"Едиге", "Қырқ қыз" да, шоқ жанысларда,
Шешенлик бәйгиге атланысларда,
Қыснақта қысынбай бурқып тасқансаң,
Бизге қанат жайған шексиз аспансаң.

Ахмет Яссаўийден, Ҳәким атадан,
Шашырап оянғанда пирлик тахтыңнан,
Сен Рабғузий болып жулдыз артынан,
Көклерге телмирип атқан зер таңсаң,
Әлемге дүр шашқан мәңги дәстансаң.

Ийилген қуў қобыз гүңиренип қолда,
Қорқыт ата силтеп көрсеткен жолда,
Жыраў - шайырларың көп толқытқанда,
Әзим Ноғайлыда дәртке асқансаң,
Не қыйлы жолларға қәдем басқансаң.

Жаў жағаға, ийтлер етекке үрип,
Аласатлы түрли дәўранлар сүрип,
Гә түйели, атлы, гә жаяў жүрип,
Көшә - көш заманда туўған әрмансаң,
Жан дүньяң қақсаған зарлы адамсаң.

"Посқан ел" сегбири баўрыңды тилип,
Жийен жыраў болдың жолларда бүлип,
Журт жыласа жылап, шадланса күлип,
Жер, көкке шоқ жулдыз шашып турғансаң,
Бизлерге кең отаў арнап қурғансаң.

Күнхожа, Әжинияз, Бердаққа келип,
Еңсеңди көтердиң қайта түргелип,
Зор шайырлар болды өзиңе шерик,
Талай асыўларды тынбай асқансаң,
Әўладың көбейип қурғынласқансаң.

Соңра жигирмаланшы әсирде расы,
Әлўан бағда болып гүлдиң сарасы,
Жилўаланып турдың елге жарасып,
Өйткени, сен мениң мәдениятымсаң,
Гүлимсең, тилимсең, әдебиятымсаң.

Өмир теңизинен мәржанлар терген,
Дүньяға не ҳасыл даналар берген,
Өлмеслик бабында жайнап гүллеген,
Қәлбимниң ишинде қәдириятымсаң,
Көп қырлы, көп сырлы әдебиятымсаң.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бәлким. Бирақ жеке өзиме имамның байы болғаннан иманның байы болғаным абзал

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жууабыныз ушын рахмет.Лейкин надурыс

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алийким. Тиркистей созинин маниси кандай екен

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әҳмийетли қатарлар

Кеўилди кир шалса, қыялдың иси,
Қыялын жөнлемей, дүзелмес киси.
Ағарған мейилсиз, иштейсиз шықса,
Себеп оған, бәлким, қатық уйытқысы.

💥💥💥

Ҳәр қандай ҳәрекет мақсетке қарай...
Мақсетсиз ҳәрекет мәзи аўандай.
Қақ сүйек қаңбақтың ҳалына қара,
Жел турса, қаңғалап зытқыр ҳәр қалай.

💥💥💥

Жәбир шеккен деди : Шаян адамның,
Шағыўының шеги бар ма, қудайым?
Бул бендени көрип деди, сур шаян :
Мен дәртимди өзим кимге айтайын?

💥💥💥

Жоқ жуқа ашлықтың зардабы дүркин,
Әрманлатар, ағыл - дегил тоқлықты.
"Қой үстинде торғай жумалаған" күн,
Умыттырар, кешеги бир жоқлықты.

💥💥💥

Атылған бомбалар, әлбетте, жаман,
Жарылмай гизнелген оннан да жаман.
Сол тақылет кеўлиңде қалса сум ойың,
Сафёршылық ет те, бол оннан аман.

💥💥💥

Бир түскен шуқырға қайта оралыў -
Көзсиз соқыр наданлықтың белгиси.
Сол шуқырды ойлап, домбықлап барыў -
Бул дағы бир даналықтың белгиси.

💥💥💥

Саҳаўатлы ана меҳринен бөлек,
Дым татлырақ ҳеш зат болмаса керек.
Көрип, билип шынды айта алмаўдан,
Азаплырақ ҳеш зат болмаса керек.

💥💥💥

Даналық ой көпке татырлы,
Даналық бул - жердей сабырлы,
Даналық ол - тынып аққан суў,
Сол ушын да бул ис қәдирли.

💥💥💥

Шылт ақмақлық - терис путақ жик,
Гүрмек шалып болмас келте жип.
Оның теңи ҳәжетке қонған,
Көк шыбын ғой, турмас жеткенсип.

💥💥💥

Адамлар - мийирман, адамлар - жаўыз,
Адамлар - жер, көкти титиреткен даўыс.
Не ушын бейиштен қуўылған олар?
Себеби, қумар көз, нәпси - жалмаўыз.

💥💥💥

Қуяш әтирапында зымырар баса - бас,
Планеталар жолы шеңберли түсли.
Ай Жерсиз ылағып неге кеталмас?
Буның бәри - мәңги муҳаббат иси.

💥💥💥

Ўа, ышқы муҳаббат, тилсимли дүнья!
Руўҳымды тартасаң, жипсиз тусаўлап,
Өзиңсиз қәлбимнен таралмас зия,
Сен мениң қуяшым, сен бир мәргия.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ага Иймам Ийман адамнын жаксылык пакленыу касиети туура жолды тауып гунадан алыслап тазарыуы, Иймам Сол жолга шакырыушы адам

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Баршеге салем.

Ага .... (иймам.ийман) байы болгайсыз.Точка орнына кайсы соз койылады

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым

Нәўпир суўдай ҳағлап ақпақшы болсаң,
Үмит жулдызларын жақпақшы болсаң,
Қайғы, ҳәсирет таўын жықпақшы болсаң,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.

Асаў толқынлардай йошайын десең,
Жедел қанат қомлап ушайын десең,
Әрман шыңларына қонайын десең,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.

Сыпсың сөз, гәплерге шалғыма зинҳар,
Бәрҳә ҳүким сүргей кеўлиңде бәҳәр,
Күншиллер өсеги - жайылма зәҳәр,
Зәҳәр - заққымлардан аман бол, достым.

Дизбегин жаздырмай түйелер көштен,
Талай ийтлер үрип кәрўанлар көшкен.
Бир ушқын елп еткен самалдан өшкен,
Ғыйбат самалына ерк берме, достым.

Ким сени күнлесе, ақылдан саспа,
Мәгар олар сендей болалмас, ҳасла,
Сениң болғаныңды көралмас, ҳасла,
Иш етин ийт тырнап турған соң, достым.

Майда, ғәрем мақсетине жетпекти,
Түймедей нәрсеңди түйе етпекти,
Тырнақтың астынан кир излемекти,
Күншиллер тап соны қәлейди, достым.

Бир аўыл - аймақты қыйратқан селдей,
Жаныңа жағымсыз, ызғырық желдей,
Кеўлиңди суўытар дым пайда бермей,
Күншиллер ғыйбатын тыңласаң, достым.

Уясы бузылған ҳәрредей ғаўлап,
Қызғаныш отлары ишинде лаўлап,
Күншиллер кемирер өзин тусаўлап,
Уллы мақсетиңниң алдында, достым.

Пейли кең адамнан кеўилиң толар,
Иши тар кимселер тарлығын қылар,
Ҳеш қашан сескенбе, ғам шекпе, олар,
Өз майына өзи қуўырылар, достым.

Ҳаслы булақ, таўдан жорғалап түскен,
Бир уллы дәрьядай ағысы үстем,
Бурқып ағып өтсең ийгилик истен,
Күншиллер бөгетин жығып кет, достым.

Мәгар сүрниккенде сол осамаслар,
Қай жерде қулар деп, аңылар олар,
Әжеп өмириңде ҳеш қашан зинҳар,
Сондай наданларды тыңлама, достым.

Мысал сәдеп жарып ашылғандай дүр,
Сени әрманлардың таңы күтип тур,
Артқа алаңламай тек те алға жүр,
Шөпшек ғыйбатларды тыңламай, достым.

Сени түсингендей шын достың болса,
Өзиңдей ҳақ болып, жолдасың болса,
Аўыр жүгиңди ҳәм қолласып турса,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.

Мәртлик бәйгисине атларың шапсын,
Нәкаслар атыңның шаңында қалсын,
Несийбесин тап сол, шаңлардан алсын,
Күншиллер ғыйбатын тыңлама, достым.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

-stan qosımtasınan aldın ı/i bolmaydı. Qaraqalpaqstan, Ózbekstan, Túrkmenstan, Qırǵızstan, Qazaqstan✅ TÚRKSTAN boladı.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Biz Túrkstanlımız delinedi.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Аўа ,Б.Қайыпназаровтың "Көк емен"балладасы да бар тәсирли жазылған ,умытыўға болмайды ,мәңгилик өшпес қатарлар .Рахмет .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bala gezimizdegi eń jaqsı kóretuǵın qosıǵımız.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Abbaz Dabilov "Naʼmaʼrt jigit mehr daʼrkar?"qosigʻi
K. Toreshova oqidi @el_bibl_UzDJTSU_NF

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Abbaz Dabılovtıń "Námárt jigit nege dárkar"degen qosıǵı bar Vertuyal kitapxanasan sora aǵza bolsań kóp materialladlrdı tawıp beredi.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Миймандур

Атқан таң да, батқан күнге
Жулдызлар да ҳәр бир түнге,
Ал, жаның ше, ҳаслы кимге?
Жан геўдеңе бир миймандур.

Мийўелер өз шақасына,
Аққан суўлар сағасына,
Ақ толқынлар жағасына,
Келип - кетер бир миймандур.

Есик жақтан өрлегендей,
Қонақ болып төрлегендей,
Ҳәр ким өзи серлегендей,
Адам адамға миймандур.

Несип етсе әўметине,
Сазы үнлес сәўбетине,
Дәўраны ҳәм нәўбетинде,
Заманына бир миймандур.

Өзгергендей күн ырайы,
Мысал жылдың ҳәр бир айы,
Ҳәр кимсениң өз шырайы,
Гүл жүзине бир миймандур.

Бултлар бәлент дағларына,
Бағманлар да бағларына,
Патшалар өз тахтларына,
Келип - кетер бир миймандур.

Қулпы дөнип әлўан түрлер,
Сайрап өтсе шоқ бүлбиллер,
Бағда өскен шәмен гүллер,
Гүл паслына бир миймандур.

Мал - дүньяға тоймас көзлер,
Нәпси исин тыймас көзлер,
Кең әлемге сыймас көзлер,
Топырақ көмгенше миймандур.

Сапар шегип әлўан - әлўан,
Узақ жолға шықса кәрўан,
Ол көрген саўдалы дәўран,
Қас қаққанша бир миймандур.

Өмир сүрседағы сонша,
Ҳәр бир жанның деми қанша?
Дуз - дәмеги таўсылғанша,
Дастурқанға бир миймандур.

Ҳәр жан өз керегин излер,
Кеўлиң болса нени гөзлер,
Аўзыңдағы шыққан сөзлер,
Изге қайтпас бир миймандур.

Балалық жаслық көргенше,
Нар күш қартлыққа жеткенше,
Ғаррылық саўсап питкенше,
Дәўранына бир миймандур.

Дуўшар келместей әжелге,
Несип етеди ол кимге?
Ҳеш ким қалмайды мәңгиге,
Ҳәмме беш күнлик миймандур.

Алысларда жайласса ҳәм,
Жулдызлар жилўалы мудам,
Бул дүньяда жақсы адам,
Көз қыймастай бир миймандур.

Ўақыт өтип нешше дүркин,
Данышпанлар келсе бир күн,
Кеткенинде орнын ҳеш ким,
Баса алмас бир миймандур.

Қәдир артып бара - бара,
Жақынласса қашық ара,
Жүреклерде қалмас жара,
Ол да кетер бир миймандур.

Атқан таң да, батқан күнге,
Жулдызлар да ҳәр бир түнге,
Ал, жаның ше, ҳаслы кимге?
Жан геўдеңе бир миймандур.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

КҮН ТЕМАСЫНА

Көпирме сөз ешекке жүк

Сазда сыйқыр, сөзде ҳикмет...
Сөйлегенде тилге ҳүрмет,
Болмаса әндийше ләззет,
Артықша сөз ешекке жүк,
Лабыр арғыт үшекке жүк.

Ҳәкисленген ўадўасылдай,
Ўасўасылда ийтаршыдай,
Пәйек тутқан көкнаршыдай,
Пәтўа қашқан гезде олар,
Көп сөйлеген езбе болар.

Алғыр зейин мәржан таңлар,
Болса туў қашырым аңлар,
Гәпке шешен нық маманлар,
Ғаўық сөзден бәдар кешер,
Дүр сөз бенен мың даў шешер.

Ўарсақы сөз минсе пәтке,
Дәлил болмас қурғақ гәпте,
Ешек түўе билсең, ҳәтте,
Шубыртпа сөз пилге де жүк,
Терискенли тилге де жүк.

Тийимли сөз аз болады,
Мағызы дәл саз болады,
Кеўлиң бәҳәр, жаз болады,
Сәўбетлессең ойы терең,
Көпти көрген дана менен.

Ой, пикирдиң - сөз липасы,
Сандалма ўаз - гәптиң пәси.
Сасқан үйрек ол, қулласы,
Арты менен сүңгир суўға,
Қоқ гәп айланады пуўға.

Қәдир билген бийлеп өзин,
Шайдай ашып көкирек көзин,
Оқтай жонар ҳәр бир сөзин,
Жетик ойлы сана болып,
Зейни өткир дана болып.

Қышытпа тилин тыймаса,
Жөн билип елге сыймаса,
Аўзы гөжедей қайнаса,
Дуў жыйынлар қуўып салар,
Сөйтип, ол дәккисин алар.

Шүйел тилден ағып "булақ",
Сарсылғанда тыңлар қулақ,
Шүй төбеден турған қулап,
Көпирме сөз ешекке жүк,
Жуўан арғыт үшекке жүк.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жууабыныз ушын рахмет.Дурыслыкка келеди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Тиркесиу-катарласыу, изине жалганыу деген маниге жакын

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күн темасына

Жийен менен өрисиң кең жайылар

Жыллы шуўақ, жадыраған күн райы,
Туўмадан соң ең баўырман бул - дайы.
Ҳасыл дайы қабақ шытпас еншиге,
Ат болса да, жийентайдың зор пайы.

Күлимлесе ийге тартар жийени,
Жақсы дайы әрўанадай ийеди.
Ҳәзиллессе илме ғайып сөзлерден,
Гәп көтермес тонын терис кийеди.

Берсе қолдан, бермеселер жолынан...
Деп айбарақ салып жийен киреди.
Мәгар десе : Ҳақым бар - аў, ҳақым бар,
Оған қандай статья жүреди?

Бәрекелла, жаўрыншалы дайылар,
Жийен менен өрисиң кең жайылар.
Несийбеңиз "төрт түлик" тен дарыса,
Бир түликте жийеншениң пайы бар.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Имам молламыз дейди, ,ауылда ийисте Қуран оқып шығады аўа,диний лаўазым , ийман бул да сол динге байланыслы сөз ,ийман жүзли, ийман минезли деп зыят сөзи жоқ,артық-аспай гәп пенен кеўлиңе тиймейтуғын "Қумырысқаға азары жоқ"адам дейди ,

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

дурысы ийман. Иймам-негизи имам, бул лаўазым (мысалы: мешиттиң имамы)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаўма алейкум устазлар

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Көп рахмет, сау саламат болын! 🙏🙏🙏

Читать полностью…
Subscribe to a channel