qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Raxmet aytqanin ushin

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бул сораў рәпийданың инглисшеси қандай дегендей сораў болды ғо

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ванна сөзиниң ккшасы жок. Бизде ванна болмаған.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Қарақалпақстан

Сондай берекетли, пайызлы уям,
Ҳеш бир елатлардан таптырмас дүньям,
Мәңги жырлайтуғын ҳүр поэзиям,
Сен туўылдың патлы қумай ағыстан,
Тәнҳә ҳүр Ўатаным, Қарақалпақстан.

Тар соқпақты айдын жолға бурғандай,
Дослар менен шадлы сәўбет қурғандай,
Ҳадал мийнет әйлеп жәўлан урғандай,
Кеўлим йошар өзиңдеги табыстан,
Жана - жан Ўатаным, Қарақалпақстан.

Дақ түсирмей аппақ, арлы жүзлерге,
Ылағып кетпестен өзге дүзлерге :
"Өз үйинде болсын" дейип бизлерге,
Ата - бабам мийрас әйлеген бостан,
Топырағы теберик Қарақалпақстан.

Қанша үргинлерде, қара думанда,
Батырларым шейит кеткен заманда,
Қып қызыл қан болып атқан таңларда,
Телпек қағыспадан, жаға алыстан,
Аман жетип келдиң, Қарақалпақстан.

Үстиңнен ел дағып, сарсаң жүрсе де,
Ханлар жаўызлығын мың үдетсе де,
Жаўлар жалақлаған йиттей үрсе де,
Ҳәрне сыбағаңды алып улыстан,
Қәддиңди көтердиң, Қарақалпақстан.

Дийхан бабам ҳасла айтпаған тегин:
"Тилин тапсаң, болар қунарлы жериң,
Қайда түсседағы буйырған шегиң,
Ҳадал мийнет етсең, шықпай намыстан,
Ҳәтте, шорлақ жериң болар гүлистан".

Боз торғайлар шырлап уллы шайырдан,
Ҳеш қашан безбеди гөне қайырдан,
(Мине, басқалардан солдур айырмам)
Теңиз кетседағы ески жағыстан,
Биз сеннен кетпеймиз, Қарақалпақстан.

Тас төбемнен қара түңликти серпип,
Дәртли кеўилимди мудам сергитип,
Мисли көклем болып, тоңларды еритип,
Күндей жайнағайсаң нурлы шығыстан,
Мениң шамшырағым, Қарақалпақстан.

Мәгар себеп болып жат жерде жүрип,
Елден ерек, журттан жырақта турып,
Күшли сағыныштан өзегим қурып,
Жамалыңды көрсем, көзге алыстан,
Оттай басыласаң, Қарақалпақстан.

Ел шетинде жүрип, шекти белгилеп :
"Мине, мынаў - сызып берген жолым" деп,
"Енди, халқым, соған берик болың" деп,
Аллаяр бабамыз қалдырған "СТАН",
Мисли жер жәннети - Қарақалпақстан.

Бәйгиге күш берген ҳасыл жайлаўда,
Зәңги қағыспада, алыс айлаўда,
Мәйли, адырларда, мәйли бир таўда,
Бас байрақты алып тулпар шабыстан,
Озып келе бергей Қарақалпақстан!

Маңлай тери менен жүзин жуўғанға,
Қурсақ көтергенге, белин буўғанға,
Сениң қушағыңда мени туўғанға,
Бул өмирден зәрре ҳеш налынбастан,
Шүкирлик етемен, Қарақалпақстан.

Перзентиң арыңды арлап турғанда,
Өзиңнен көбейип, нурлап турғанда,
"Жайҳун жағасы" деп, жырлап турғанда,
Етекли ел болып ҳәмме жағыстан,
Даңқың көкке жеткей, Қарақалпақстан!

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күн темасына

Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам...

Қулаққа айланып он еки мүше,
Толқыўы өмиршең ырғаққа түсе,
Жанланып кеткей - дә, бәрше әндийше,
Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам.

Саз бенен сәўбетти алдына салып,
Ашықлар қаўышып, гүлдей шырмалып,
Бүлбиллер әўлады турсын дем алып,
Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам.

Өмирге қуштарлық оянып елде,
Мәртликтиң қамары қыналып белге,
Лаўласын муҳаббат Туўылған жерге,
Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам.

Сап жүректе йошып лапызлы пәтлер,
Ҳалласлап, қулшынып ел сүйген мәртлер,
Өртенип күл болсын, муң, қайғы, дәртлер,
Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам.

Зор ҳаўаз жымбырлап жанға жеткей - дә,
Қызғаныш жаўының бағрын сөткей - дә,
Қәсте өрре турып ойнап кеткей - дә,
Сен дуўтар шерткенде, мен қосық айтсам,
Халқымның жан сөзин мың қосып айтсам.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум.

KEMIRSHEK at. Qazan túbinde kemirshek qalar (qq.x.n.m.).

Накылдагы КЕМИРШЕК созин не деп тусиндиниз? Пикиринизди жазсаныз.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Frazeologizmnin: atliq, kelbetlik, Rawish, feyil degenlerine har qaysisina 5gapten tawip berin iltimas🙏🙏🙏

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

QARAQALPAQSHA awdarmalaytug'in sayt yamasa bit barma anıq tiniq

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Күн темасына

Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде

Болар - болмас затқа ҳасла сырнықпа,
Шашырап оянғанда ҳәр таң, сәҳәрде.
Үмит қусларыңды ушардан жықпа,
Гүзде кеткен қуслар келер бәҳәрде.

Дурыс, ўақыт қусы қайтпайды изге,
Өмирге күлип бақ, минбе қәҳәрге.
Шашқа қыраў, әжим енсе де жүзге,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Бүгин шадлық излеп ишпесең суўсын,
Ҳәсирет айландырар оны зәҳәрге.
Мәйли, жат мәнзилде нәсилин туўсын,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Ҳасыл нийет, тилек иске мол асса,
Дүнья жақсыларға толған мәҳәлде.
Мәгар қус әўлады қырылып қалмаса,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Жасыл жағысларың зәҳәрленбесе,
Дослық гүлшанлары жайнап егер де,
Сәлем қосықларын айтып мың есе,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Гүмбирлеген сазға ҳәўижлеп баса,
Көктен қус пәрўазын қондырған жерде,
Бизден кеўли суўып узақламаса,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Бенде тәбият пенен досласып бетер,
Урыс, қырғынлықтан жантаспай зерде,
Болса ел аспаны тыныш, бийқәтер,
Гүзде қайтқан қуслар келер бәҳәрде.

Белли гөззаллыққа ҳәўескер журтша,
Шағала шарқ урып, бүлбил шәменде,
Уллы тириликтиң сазын жаңғыртса,
Гүзде кеткен қуслар келер бәҳәрде.

Бул күнниң ертеңнен үмити көпти,
Көп тигилме кеткен қусларға ҳәрне.
Еле сап тартысып, жаңғыртып көкти,
Гүзде ушқан қуслар келер бәҳәрде.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Koz til qulaq awiz ayaq sozlerine tezletip frazeologiya tawip bersinsh iltimass

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Kerbiye reńine qarap aytıladı túsinigim

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Awılda at baǵarlar kóp sorayın , qońsılarda biye kóp .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Коблан дастанында аты Кербийего

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Мен тек 3-4 жасы улкен 80ге шамаласкан хам 80нен аскан адамлардан сорадым

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Анык факт тапсан коре бер канекей излестирип

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Аслаў болған шығар бирақ

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

қазан түбиндеги кемиршек бул қаспақтан көре бос ҳәм күймеген болады, әсиресе сүт писиргенде айқын көринеди. Кемиршектиң және бир мәниси сүйектен бос гөштен қатты ақшыл түсте болады, русшада хрящ дейди.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Латынша Vanna болады, banna емес

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Тийкары каспак. Кемиршек (шемиршек)-жауырын суйектик шети (фасция)

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаума алейкум
Ванна деген сөздин каракалпакша атамасы бар екен.Соны билесизлер ме?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

/channel/+_F_azIzFEvM4NDEy

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

❗️❗️❗️❗️😊😊😊😊 NASIBA ABDULLAYEVA GURUHIDA ATTESTATSIYAGA

🔔🔔🔔 TAYYORLANING

5- FEVRALDAN BEPUL DARSLAR HAFTALIGI


DARSda  qatnashish , bazani olish ushbu eʼlonni 5 ta taʼlim guruhiga joʻnatib skrinshotni  @Chatdaqatnashish_bot ga yoki izohlarda qoldiring

👍👍👍👍👍👍
@attestatsiya2024Nasiba
@attestatsiya2024Nasiba
@attestatsiya2024Nasiba

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Туўған жер

Ақ бесикте жатқаным ушын,
Ас, дузыңды татқаным ушын,
Баўырыңа басқаның ушын,
Миннетдарман, саған Туўған жер.

Асқар таўым - әкем, панамдай,
Болғаныңа әзийз анамдай,
Алдыңда мен парызлы сондай,
Қарыздарман, саған Туўған жер.

Қушағыңда не көрсе көзим,
Сен теберик, шеп емес сөзим,
Жүрегиме ең жақын өзиң,
Сырлас достым, жаным Туўған жер.

Әлўан шаңлақ, түрли жағыңнан,
Нәпес алсам, шөл ҳәм бағыңнан,
Таңғы қустың сайраўларынан,
Уқтым, ҳәтте, сени Туўған жер.

Өз ўақтында етпей алалық,
Бердиң бизге гүлдей балалық.
Жаслығым да сенде жаралып,
Қартлығым да өтер, Туўған жер.

Таң самалы жанды тербетип,
Ләззетиңди мудам серлетип,
Турғандай ол маған үйретип,
Сазларыңды, гөззал Туўған жер.

Дана болсын яки ол надан,
Жаныңдағы сол бәрше адам,
Халық болып жасайды мудам,
Өзиң менен, уллы Туўған жер.

Қойныңдағы аққан суўдың да,
Еспе қум, топырақ ҳәм таўдың да,
Рәң - бәрәң тәбият қоршаўында,
Зәрресимен оның, Туўған жер.

Қай бир жерде шийкилик етсем,
Билип - билмей өзимнен кетсем,
Мәгар сени ыразы етпесем,
Кешир мени, кешир, Туўған жер.

Сулыўлығын түрли жерлердиң,
Көрип, дузын татсам еллердиң,
Сенсиз өткен гөззал демлердиң,
Кереги жоқ маған, Туўған жер.

Ақ бесикте жатқаным ушын,
Ас, дузыңды татқаным ушын,
Баўрыңа көп басқаның ушын,
Миннетдарман, саған Туўған жер.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Kóz-qulaq bolıw
kózi tórt bolıw
tili menen oraq orıw
awzı ala bolıw

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Егер, той сәрәнжамы Мәўлен сары жетип келип, үстине бир қабақ суўық суўды аўдарып жибермегенде, өлип қалыў қәўпи бар еди.
Оның есин жыйнап, тили гүрмелгени еки сөз болды:
- Өтирик пе, ырас па?
- Қурыдың, дайы, масқара болдың, дайы.
Бай Мәўленниң ара-тура ашшы дәлкек қылатуғынына үйренискен болса да, отырған үйиниң ергенегин сарт-сарт урып шығып, гүйзелискен тамашагөйлердиң тобын айырыўы менен Гүлзийбаның ылашығына барды. Көп адамлардың қоршаўында Теңел жылап тур екен, бай келе сала оның шекесине бир шаппат урды.
- Әжапаң қайда?
Байдың жасаўраған көзлери Улбосынға түсип, оның тышқан қуйрығындай жиңишке қос бурымынан тартып жиберип жықты да, қарнына ыңқ еттирип бир тепти.
- Бәри сеннен келген бәле!
Ҳаял еки қолы менен ишин басып, кирпидей жыйырылып демиксе де, тили жеңислик бермеди.
- Өле қал, алжыған! Мени урғанша Рузматты изле! Бүйтип ел-халыққа масқара болғанша, өле қал, өле қал!...
Байдың пүткил өмиринде ҳаялы бүйтип бетине келмеген еди, тикенекли сөзлери Гүлзийбадан айрылған дәртин мың еселендирип қосбаўынан пышағын суўырып ала бергени, көлеңкесиндей болып қапталында турған Мәўлен сары шығанағынан тутты.
- Дайы, тоқта. Аңғардың ба, қыз Рузмат пенен қашқан. Бул пышақ әўели бас қандарың Рузматқа урылыўы керек.
- Онда өзиң бирге жүр, атларды таярла.
Мәўлен сары қалтырап турған байдың қолларын жибермей, адамлардың арасы менен атханаға қарай жетеледи...
* * *
Хийўадан еки шақырымдай алысырақтан ағатуғын жаптың бойындағы жалғыз түп жабайы гүжимниң астында еки жас жатыр. Бири Гүлзийба, екиншиси Рузмат. Узақ жолдың пияда сегбиринен шаршаса да, қыздың басына дастық қылған билегиниң уйығанына жаны ләззет таўып жатырған жигит сирә уйқылар емес. Еки көзи қыздың ай жақтысына шағылысқан аппақ жүзинде.
Рузмат Сержанбайдың есигине келгенде жас ғана бала еди. Сыпайы, кем сөзли жигит болып өсти. Қанша қыйналса да, байдың бетине келип мәлеллескен емес. Сол ушын ба бай оны унатып, кеўилли пайытларында қопсытып сөйлеп: "Ҳа, Рузмат, еле сени шаңырақ қылып жиберемен" деп қоятуғын еди. Әсиресе, биротала исенип, қой аўзынан шөп алмайтуғын жуўас жигитке айналды. Бул кейип, байдың ўәдеси шынлыққа айналатуғынына исенимнен бетерирек, онда Гүлзийбаға деген әлле қандай нәзик сезимлер пайда болыўынан да еди.
Тоғайдан отын шаўып келгеннен кейин байдың не ушын той бермекши болғанының мәнисин билгенде, жүреги жарыла жазлап, ойласқандай адам таппай турғанында, қасында Улбосын пайда болды.
- Рузмат, - деди ол сыбырланып. - Саған қолай шараят туўып тур, мәтқапыл қалма. Гүлзийбаны алып қаш.
Жигиттиң жүреги ҳәўлириңкиреп апалақлады:
- Сен оны ғарры байдан қутқарсаң, өмиринше табаныңды жалайды, ырасын айтайын, оның өзи өтинди.
Рузмат қуўанғанынан Улбосынды анасындай көрип, бетинен шорп еткизип сүйди:
- Мың-мың жаса, апа.
Журт той ғалмағалына мантығып, биразлардың дыққаты Хийўадан киятырған ийшанға аўысқан гезде, Улбосын еки жасты бир жерде ушырастырып, жигиттиң қолына бир түйиншик услатты да:
- Мине, жол ғәрежетиңиз, бахтыңыз ашылғай, тез кетиңлер! - деп екеўиниң де жаўырынларынан ийтерди.
Еле өз бахтына исенбей турған жигит қызға:
- Ырас па? Қайда баслайын? - деди болғаны.
- Ырас. Хийўаға! Ерназар ағаны излеймиз, - деди Гүлзийба.
Жигит қайтып тил қатпады. Сол сөйлеспегенинен олар изден келетуғын қуўғыншыларға бәрҳа жол таслап қашыў менен кеше қуптанда тап ҳәзирги жатқан гүжимине жетти де, азанға шекем дем алыўға уйғарысты.
Мине, күншығыс сүттей ағарып киятыр. Жигитте еле уйқы жоқ. Қыз уйқыда. Оның үлбиреген еринлери ҳәр деминде бүлк-бүлк етип түнги қоздай қызарып, келешек өмир ошағының оты болып алысыўға сәл қалып турған секилли. Рузматтың тула бедени жуўлап, сол үлбиреген от еринлерди өзиниң пәки тиймеген жипек муртлары менен қытықлағысы келеди де, қыздың татлы уйқысын бузыўға қыймайды. Оны базы жеңилтек жигитлерге тән ҳәрекетлердиң машқысы ҳәр жаққа жетелесе де, ырқына көнбей, өзине берик. Бирақ, еки көзин қыздан алар емес.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
31. 01

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Biye jas qulınlaǵan,baytal 5-6 jasarlarana aytıladı eken

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Хүрметли пуқаралар усы паспортты базарда жойтып алған. Тау'ып алғанлар болса 88 660-11-83 номерине хабарлассаңыз. Алдыннан рахмет

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бирак китапты коплеу актарыу кк

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Мынау туурылыкка келеди себеби кербаз сөзинде де кер-керилип, созылып харекет етиуши манисинен келип шыккан

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Сорастырынкыра, исенимли болсын

Читать полностью…
Subscribe to a channel