qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жаяўдың шаны шықпас,
Жалғыздың үни шықпас.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Атадан жаратсаң бешлерди жарат,
Жалғызды жаратқанша, тасларды жарат.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жалғыз ағаш үй болмас,
Жалғыз жигит бий болмас.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Отырыспа жыйынға,
Досың менен ере бар.
Жалғыз барсаң алдыңда,
Ҳәм артыңда жолын тар.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жалғыз бала ат шапса,
Атасы тақымын қысады.
Келинниң аяғынан,
Шопанның таяғынан.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Jekkelik jalgizliq haqqında naqıl-maqal barma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Giperbola haqqında maģlıwmat kerek edi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

taǵı da ....qaldır [, asız] , degendey ,bul 2 betttiń qosımtası tek mısal ettim bulardı.,...jumsa[ saq] degendey sóz ,jumsa[ymız] dese de boladı kóplik san 1-bet boladı ol gezde , tek mısallar menen ayttım .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalawma alikim qalaysizlar mina tapsirmani tusinbey atirman oʻrinlar beriñda 5.3 tapsirma

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Tilmoch degen sayt jaqsi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Салем!
Сарыгул Бахадырова омири,доретиушилиги хаккында сабак исленбе,маглыуматлар болса,таслап берсениз,илтимас

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Илимнен нәр алса ҳийле ҳәм сумлық,
Ең қымбат нәрсе де болар бир пуллық.

Биз әўере болдық телефон менен

Әне, буны илим, техника дейди,
Интернетлик пенен сана есейди.
Инсан кеўли және нени күсейди?!
Биз әўере болдық телефон менен.

Жатсақ та, турсақ та, жанда - телефон,
Күндиз, ақшам, ерте таңда - телефон,
Ҳәр күни сапада, санда - телефон,
Биз әўере болдық тап соның менен.

Үй - жумыс арасы қәдем басқанда,
Асханада жүрип аўқат асқанда,
Ошақта сүт күйип, тасып қашқанда,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ойыншық саўдадан өкше көтерип,
Нәресте жыласа, қолына берип,
Сол гөдекке зыян нурын өңгерип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Дастурқан әтирапы қонып төсекке,
Биссимилләны айтып ас, нан жесек те,
Дым иштейли болып сыпсың өсекке,
Биз әўере болдық телефон менен.

Гә билимге толып, гәҳи сүринип,
Гә өмирди сүйип, гәҳи түңилип,
Еңсемиз нақ қатып, пилдей үңилип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ҳәр заманға бола бир заман деген,
Жаңалыққа өш ғой, бул адам деген,
"Билгиш" болып түрли мәпти гөзлеген,
Биз әўере болдық телефон менен.

Ата - бабаларым бурын мәәә, саған,
Билмем, телефонсыз қалай жасаған?!
Ҳәр қандай прогрессиз өмир ақсаған,
Деп, әўере болдық телефон менен.

Турмыс тараўына тереңирек кирген,
Бир мүшемиз киби айрылмай жүрген.
Болсақ та, пайдасын, зыянын билген,
Биз әўере болдық телефон менен.

Тап қашып кетердей, бастың ушынан,
Оған орын сазлап көпшик тусынан,
Бирге жатып турып түнде, усыннан,
Биз әўере болдық телефон менен.

Бир күн жүрер болсақ оған асылмай,
Кеўил қарар таппай, маўқы басылмай,
Оған ышқымызды ҳасла жасырмай,
Биз әўере болдық телефон менен.

Базда шектен шығып жанға батқанын,
Айта салып, буны елге сатқанын,
Садағасы кетсин ойлап тапқанның,
Деп, әўере болдық телефон менен.

Ғәниймет досларға қушақ ашқанды,
Ағайин, туўғаннан хабар алғанды,
Сийрекситип жанлы қатнасықларды,
Биз әўере болдық телефон менен.

Алыс - жақын болып оңайлық татыр,
Үй, жайдан шықпай - ақ, ис питип атыр,
Қәйтсеңдағы, өмир сол өтип атыр,
Әўере - сарсаң боп телефон менен.

Жипсиз тусаўланып, изине ерип,
Көздиң майын берип, гәўҳарын берип,
Ҳасла ада болмас ўәжлерин терип,
Биз әўере болдық телефон менен.

Деймиз, бирақ, олсыз жасамақ қандай?!
Аса кеткен шекер - артықмаш палдай,
Көп нәрсеге дәркар мәденият сондай,
Мәдениятсыз нешик телефон менен?!

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Айкан-шайхан деп ойнайтын ойынга уксап кетеди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Айкасып турады, биреуи арпа деп енкейеди, екиншиси гурпе деп карсы енкейеди

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Google den.from- to uz. degennen awdariwga boladi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жалғыз ғарғаның үни шықпайды.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жалғыз аттың шаңы шықпас,
Жалғыздың үни шықпас.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жолсыз жүрип зорықсаң,
Жол қәдирин билерсең.
Жалғыз жүрип зорықсаң,
Ел қәдирин билерсең.
Ашаршылықтан тарықсаң,
Ас қәдирин билерсең.
Сырласарың болмаса,
Дос қәдирин билерсең.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Жарлы болар жигитке,
Қазалы мал тап болар,
Жалғыз болар жигитке,
Қуў бедеў қатын тап болар.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ақша қарда көп жүрсең,
Көзиң бир күн қарығар.
Ағайиннен шет жүрсең,
Кеўлиң бир күн тарығар

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Салем хурметли касиплеслер.Шайыр.И.Юсуповтын бир косыгы бар еди.Умытынкырап турман "хар биринизге колдан келсе орден тагар едим' анык билмей турман.Билетинлер жардем етсенизлер

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Төлепберген Қайыпбергенов
Түсиниксизлер
Роман
Гүлзийба ырасын мойынлай алмайды. Рузматтан, я байдың өзинен деп өтирик сөйлеўге тили бармайды. Ғарры бай сыр алдырғысы келмегенликтен бе, оның кимнен екенлиги жөнинде гәп қозғамайды. Бирақ, суўпы болып келгели ҳәр жума сайын Гүлзийбаға тасланады. Бундай ақшамлар Гүлзийба ушын ең ҳәсиретли өмир жолындай созылып, айқас пенен таң атырады. Бәри бир оған сорлы ғаррының күши жетпейди, таң атса өзине келип, түнде Гүлзийба қарсылық етпегенде, ҳәр түрли тамаша қуратуғынын айтып мақтаныў менен ғарры өзин-өзи алдарқатады. Бундай әдетке Гүлзийба да көнликти. Ғаррының азанда мақтанғанына ишинен мыйық тартып, оның көкиреги емес, тили ғана ҳәрекетке келетуғын болып қалғанына қуўанады.
Усындай жағдайда есине Ерназар түссе, бир күни келе сала бул қәпестен қутқарып алатуғындай, өз-өзинен кеўли ҳалласлап йошып кететуғын еди. Жақында, таза ҳаўаға шығып үйиниң ийнеўине сүйенип турғанында, қара шекпенли сары қурашлы Ерназар, оны көрсе де қайырылмай өтип кетти. Соннан бери кеўли және бийтақат. Қараңғы азаплы өмир кем-кем өз қушағына қысып, көнликтирип, жақтыға шығаман деген жалынлы әрманына суў қуйылып атырған секилли, көп нәрселерди қыял ете бермейди. "Еле ол өз перзентин мойынламас-әм" деп қорықса да изинен өзин-өзи алдарқатқандай дәлил тапты: "Ол я асығыс өтти, я мени елестирмеди".
Қайтадан көриўди әрман етип және күнде тап сондай ўақытта үйден шығып, шийге сүйенип отыратуғын болды. Сирә қайтып өтер Ерназар жоқ. Аўыл арасында арман-берман шабысып жүретуғын атлылар көбейди, арасында Ерназар көринбейди. Көз житиримдеги гүзар менен Хийўа тәрепке баратырған, я киятырған атлылар арасында да көринбейди. Биреўлерден сораўға, үйине келим-кетим баз баяғы тыртым. Үкесинен сорайын десе, оның да кеўлине ғулғыла түсирмейин деп үндемеди.
Кем-кем аўыл ишиниң көриниси өзгерип, қара шекпен, сары дегелей кийген атлылар пайда бола баслады. Ерназар атын, кийимин өзгертти ме деп соларға сығаланады, сирә ол көзине шалынбайды.
Усылайынша бар парасатынан айрылып, үйиниң қуяшламасына жаңа шығып отырғаны, қара шекпен, сары шөгирме кийген бес атлыны баслап киятырған Ерназарды және көрди. Шыдамай орамалын былғады, Ерназар көз астынан қарап баратыр еди, атын иркип қайырылды.
Олардың ығбалына я Сержан бай, я Улбосын жақын жерде жоқ еди, тек Рустем Басарды еркине жиберип, Ерназарға шабаландырып үргизип қойды. Ерназар ийт даўысы астында Гүлзийбаға:
- Сен қайтып мени шақырыўшы болма, - деди де, басқа сөздиң басына бармастан кетти.
Бул ушырасыў Гүлзийбаның пүткил өмир бойы бастан кеширгенлеринен мың есе азап болып, аяқларының димары қурып, арқасын ший тырнаўы менен жерге қулады.
Ерназар кетиўден ийтин услап нан жеўге кирискен Рустем Гүлзийбаның ишкерилемей жатырғанын көрип, Басарды жақынлатып үргизди. Ешейинде тез түргелип кететуғын Гүлзийбаның дәрпенбегени ушын қасына жуўырып келе сала басын сүйеп үйге киргизди. Гүлзийба әлленемирде өзине келип көзин ашты да, бас ушында бағып отырған Рустемге жалыныш пенен телмирди. Қанша көз тиккен сайын көкиреги сан мың қубылып, Ерназарға деген ышқысына бирден түкиргиси келди. "Оның көзине шөп салып, изинен ырасымды өзине билдирейин де асылып өле қояйын" деген ойға берилип, ҳеш қашан жибисип нәзер аўдармаған Рустемге күлимсиреди:
- Сениң атың дәстандағы батыр Рустем бола тура неге мәрт емессең?
Үриўден басқаны билмейтуғын ийт пенен үйренискен Рустем өзи менен жас келиншек сөйлескенине қуўанды.
- Қандай мәртлик керек?
- Жас жигит бола тура неге дегишпейсең? Неге сөйлеспейсең?
- Сөйлессем, алдап қашып кетесең.
- Алдамайман.
- Қудай урсын де.
- Қудай урсын, алдамайман. Айт, жигит болып көрдиң бе?
- Яқ.
- Тең қурбыларың қыз әкелип атыр. Сен олардан ҳаял алған қандай болады деп-әм сорап көрмедиң бе?
- Сорадым, ҳаял алған жүдә-жүдә қызық дейди.
- Сонда неге биреўди алмайсаң?
- Әжағам әпермейди. Өзим қыз алыўды ҳәм оның менен не қылыўды билмеймен.
- Мен үйретейин бе?
- Алдап қашып кетпейсең бе?
- Айттым ғой қашпайман...
Рустемниң жайық аўызы ашылып аңсары аўды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 02

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Shep jayındayı qawsırmaǵa sózlerdiń jalǵawın qoyasań, ...keltir[ eyik]degendey bet ,san degende 1-bet,-men ,san degende -man birlik san ,-mız kóplik túri .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://tilmoch.ai/uz/translator

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бахадырова_С_КАРАКАЛПАК_КАНДАЙ_Х.pdf

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Еки бала бир-бирине арка тиресип турып еки колынын шыганаклары тусынан илип алады. Алма-гезек енкейип бери екиншисин тартады. Енкейген баланын аркасында екинши бала аркасында жатады.1-2 секунд. Бул арпа денди.Енди екинши бала тикленип биринши баланы оз аркасына жаткарып гурпе дейди. Ток етери омыртка созылады,физзарядка.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әҳмийетли қатарлар

Сынбайды деп ҳақыйқат,
Ийе бердик оны биз,
Атлап үстинен наҳақ,
Шөктирмекши болар диз.

💥💥💥

Минберде тил қышқырып,
Бәлент қылар сөзлерди.
Қопырақ тема шубырып,
Соқыр қылар көзлерди.

💥💥💥

Шер шерден жүрсе жырақ,
Сыртланларға жем болар.
Сыртлан көбейер, бирақ,
Бир арыслан кем болар.

💥💥💥

Мейли, болсамдағы тоқ,
Жадырап турған күнлерден,
Мен қорқаман айы жоқ,
Жулдызы жоқ түнлерден.

Ғәлет түнниң мақсети -
Суўық, бослық, қорқытыў.
Горизонттың нақ шети,
Қуяшсыз бизди жутыў.

Шынлық - қуяш, шынлық - нур,
Рентген нақ көрсеткен
Наҳақлық - тас түнекдур,
Гөртышқанды еслеткен.

💥💥💥

Ырасгөйлер бир - бирин,
Болса да табыў мүшкил.
Еки жүзли бир - бирин,
Тез табады ол ҳәр күн.

💥💥💥

Иси писпеген қамға,
Ҳақтың басы қос болмас.
Ҳақыйқатшыл адамға,
Ҳақтан өзге дос болмас.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Соз бн тусиндириу кыйын

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ассалаўма әлейкум. Арпа-гүрпе деген ойын бар еди. Ким биледи, сол кандай ойын

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Qaraqalpaq tilinen ózbek tiline awdarmalaytuǵın sayt yáki programma bar ma?

Читать полностью…
Subscribe to a channel