«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til
Итибарлы қатарлар
Бир затты бил, ес - ақылды жыярда,
Барлық бәле бузылысқан қыялда,
Қәлб қуслары ушса соны ислейди,
Нени көрсе кеўил деген уяда.
Тил ҳәм тәннен болар түрли жарақат,
Жарақаттың соңы болмас парахат.
Тоқсырғаның торға әкеп тирейди,
Болса ойың жан түршигер алағат.
Бир жүректе душпан да бар, дос та бар,
Бир жүректе қаттылық бар, бос та бар,
Периште боп жаралмаған ҳеш кимсе,
Бир жүректе өтирик те, рас та бар.
Билмек ушын бизди қуртқан дүньяны,
Тас қабықтан шығыў керек, болғаны.
Бул тас қабық - билимсизлик, садалық,
Нәпсиқаўлық, шайтаншылық сол - бәри.
Ашшы - душшы татпай аўыз дәм билмес,
Көзлер көрмей, зейин илмей сән билмес,
Бул өмирдиң қатаң қоллы сабағын,
Ақылсымақ, лалаўлаған жан билмес.
Автор : Азат Даўышбаев
ASSALAWMA ALEYKUM!
📣📣QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN MILLIY SERTIFIKATQA TAYARLANÍWDÍ QÁLEWSHILER DÍQQATÍNA!📣📣
SIZLERDI IYUL AYINDA (1-iyul) BASLANATUĞÍN ONLAYN TAYARLÍQ KURSÍMÍZĞA MIRÁT ETEMIZ.🗃🔒📚📚📙📙
KURSÍMÍZDA QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN
✔️-GRAMMATIKA;
✔️-ORFOGRAFIYA,ORFOEPIYA;
✔️-PUNKTUACIYA;
✔️-QOSÍQ TEORIYASÍ;
✔️-ÁDEBIYAT TEORIYASÍ;
✔️-OQIW SAWATXANLIĞÍ;
✔️-JOQARÍ DÁREJELI ESSE JAZÍP ÚYRENIW;
✔️-SERTIFIKAT ÚLGISINDEGI DIAGNOSTIKALÍQ TESTLER t.b ÓZLESTIRESIZ.🤩🤩🤩🤩
SABAQ HÁPTESINE 3 KÚN BOLADÍ. 👩🏫👩💻
KURS DAWAMLÍLÍĞÍ 2 AY.
BAHASÍ AYÍNA 160 MÍŃ
ORÍNLAR SANÍ SHEKLENGEN. ASÍĞÍŃ.📣📣📣📣
Kópshiliktiń sorawları boyınsha sabaqlar 1-iyuldan baslanadı. Jazılıp úlgerip qalıń
Maģlıwmat ushın tel: 90 702 04 21
@Dili_0421
/channel/milliy_sertifikat_qq
Каналымызда қызықлы прозалық шығармаларды, лирикалық шығармаларды оқыўыңыз мүмкин.
/channel/BaxitliSaribaev
Ашықлық,айралық мазмундағы шығармаларда,қосық қатарларында қолланылады бул сөз ҳижран деп.
Негизи бул араб-парсы тиллеринен кирип келген сөз.Өзи таза тил жоқ ғой дүньяда.
Ассалаума алейкум устазлар
Хижран деген создин каракалпакшасы кандай болады
Шаўдырбай Сейитов
Ығбал соқпақлары
Кемпир үйинен гилтти алып шығып, созып еди, қапыны ашсам, маңлайыма әлле қашшан өлип қалған Мураттың я Мийригүлдиң жалаң аяғы сарт ете қалатуғындай ҳаўлығып: "Берекет табың, өзиңиз ашың, жүрегим бир түрли..." - дедим көкирегиме қолымды басып. Кемпир әжепленип қарады да, есикке гилтти салып, қапыны жулқып жиберди. Кире беристеги кийим-пийим қыстырылатуғын жер қараңғы еди. Кемпир шийшеге тайып жығыла жазлап, "тфу!" деп түпиринди де келеси есикти жулқыды. Жулқыған бойы сол, адымын бир атлады да:
- Шақырыў керек! Милиция шақырыў керек, үйиңе уры түскен, уры-уры, - деп шегиншеклей берди. Питегене көкирегимди басып алған мен алға өтип кеттим. Төңкерилген чемоданлар, жән-жаққа ылақтырылған Мурат пенен Мийригүлдиң гөне-көкси кийимлери, аўдар-теңкер көрпе-төсеклер, жайрап атырған басқа да буйымлар тап бир уры түсип, көмиктеги алтынды излеп-излеп, ақыры пәнт жеп, ашыў менен бүлдирип кеткен үйге усатар еди.
- Сиз кетпей турың, - дедим кемпирге бир өзим қалсам қорқатуғындай. - Уры усы үйдиң өзинен шыққан! - Сөйдедим де столға бетледим. Үйленбесинен бурын Мурат "пәлен жаққа кеттим" деп, маған хат қалдырып кететуғын еди. Столдың үстиндеги бир жапырақ қағазды соған мегзеттим де палапан услайтуғындай, еплеп қол создым. Мийригүлдиң қолына усайды.
"Мың айтсаң да адамның аты адам. Адам пери бола алмайды, пери пери менен ушып кетеди-дағы, периге ашық болған адам асылып өледи. Сен өйтпей-ақ қой, Мурат. "Суў периси" жыртылған күни усы гәпимди еслесең болды. Өзиң айттың ғой, "перисең" деп. Пери тар өжиреге сыймас болар. Ол мудамы ҳалласлап, дүзде жүриўди күсейди. Саған бояўыңның ийисин ийискеп, еңсеңнен үңилип туратуғын адам керек екен. Сүўретши менен бурын жүрип көрген жоқ едим, ояғын абайламай қалғаным ушын өзим гүналыман. Мен баяғы қыз күнимде кеўил берген адамым менен ушып кеттим. Излемей-ақ қой. Сәлем менен "Суў периси". Айтпақшы, ақырғы мәртебе адамгершилигимди көрсетип кетейин: Мақсеттиң үстинен айтқанларым жала. Сени жалғыз туўысқаныңнан айырып не қылайын. Бахытлы болыўыңа тилеклеспен. Сениң жақсы көретуғыныңды да, менсиз қыйын болатуғынын да билемен, бирақ өзиме де қыйын болмағаны жақсы. Тезирек суўытыў ушын мына нәрсени де жасырғым келмейди: ресторандағы директор ҳаялдың Малтабар екеўимиздиң үстимизден айтқаны ырас гәп еди. Табақлас, дастықлас болып отырып мойынлай қойыў қыйын ғой, Малтабар менен практикаға келгенинде танысқанбыз. Апамның мурындық баласы дегенниң сылтаў екенин де енди түсинерсең. Саў бол".
Хат мени таңландырған жоқ, усылай болыўы керектей туйыла берди. Оның Малтабар менен кеткенинде билдим. Басқа ким менен кетсин енди!
- Не хат, аманлық па екен?! - деген кемпирдиң даўысын еситип барып, оның еле еңсемде турғанын билдим. Ҳалымның келгенинше түсиндирип бердим. "Тфу, дьявол!" деди де есикти қулашлап жаўып кетти. "Шопан сағынышлары" деген сүўретимниң аяғын аспанға қаратып кетипти. Оңлап кетежақ болып қасына бардым да, тағы тиймедим: "Көрип суўынсын". Усы ой менен, столдан қағазды алғанда қандай болып жатырса, тап сондай етип қойдым да есикти бурынғысындай етип қулыпладым. Гилтин созғанымда "алла-жалла"лап, кемпир қолларын гөлегейледи. Ғарры "бундай ҳаялды таўып алып, атыў керек", деди. Мен Мураттың командировкаға кеткенин, жақында келетуғынын, өз көзи менен көрип, суўыныўы кереклигин айтып, гилтти кемпирге зорға алдырдым. "Мениң келгенимди де айтпай-ақ қойың" деп өтиндим де шығып кеттим. Бәринен бетер Муратты аядым! Муҳаббет, сулыўлық ҳаққында ўаз айтып жүрип, буның қәтелескенине ҳайранман. "Сулыўлық сыртқы пишин менен өлшенбейди. Адамның руўхы жақсы, ҳүжданы гирбиңсиз болса ғана сулыў. Ҳүжданы, көкиреги бузық болса, қуры сырты сулыў адам адамға қорқынышлы, қәўетерли келеди" деген сөзлерин еслеймен, еслеймен де Мийригүлдиң ишки дүньясына үңиле алмағанына өкинемен. Сөйтип киятырып: "Диларамның ишки дүньясына мен үңилдим бе?!" - деп ойлайман, ойлаўға да қорқып, ойламаўға тырысаман. Тағы ойлайман.
Назлы ядыма түседи: Бағанағы күйеўи неге "сөйлес" деди? Адам деген ҳаялын қызғанбаймекен?
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
🔥Ibrayım Yusupovtıń "Tumaris" kitabınıń audio variantın biypul tıńlawıńız múmkin
Qaraqalpaqlar ózleriniń kelip shıǵıw tariyxın bunnan eki yarım mıń jıllar aldın Oks (Ámiw) dáryası boyında jasap ótken kóshpeli hám jawınger qáwim – massagetlerden baslaydı. Sol dáwirde jasaǵan massagetlerdiń hayal patshası márt Tumaris anamız, batırlıqtıń hám qaharmanlıqtıń úlgisin jaratadı. Sonlıqtan, házirgi waqıtta hayal-qızlar Tumaris atın ózlerine uran etip alǵan. Súyikli shayırımız Ibrayım Yusupovtıń bul “Tumaris” atlı poeması biziń jas áwladlarımızdı hámiyshe mártlikke, Watan súyiwshilikke tárbiyalaydı.
Oqıǵan: Dástan Baymurzaev
Audiokitap qáwenderi: Les Ayles Nukus J.Sh.J
Dawamlılıǵı: 28 minut
Tolıq tıńlaw ushın tómenge reakciyalardı qaldırıń 🔥🤩😍👍
📲 Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt
Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
- Арыўхан, биринши сен сөйдеп ойласаң, басқалар не демейди? Мен жумыстаман. Қудайға шүкир, таңлағаным да бар. Оны күтип жүрмен. Алдын әжағасы үйлениўи керек еди. Ата-анасы еки тойды қосып берсек те болар еди, дейди. Өзи ондай демейди.
- Қашаннан берли сөйлесип жүрсизлер?
- Ҳәзир төрт жыл болды, және бир жыл шыдасақ ол оқыўды питкерип келеди.
- Оны қатты сүйесең бе?
- Айтып жеткизе алмайман. Егер, ол болмаса өлип қалатуғын шығарман. Бурын қалай жасаған екенмен, билмеймен?!
- Сеннен неше жас үлкен?
- Бир жас киши.
Арыўхан күлип жиберди:
- Ондай да бола ма екен? Күйеў деген үлкенирек болыўы керек емес пе?
- Муҳаббатта жас шекленбейди.
- Тойды созып жүргенинде бир гәп жоқ па екен?
Абайлы бол, анаў ағайдың соншама сүзилип қараўын көрип, "әжапам жүректен урған екен-аў" деп ойлап едим.
- Арыў, енди қайтып режиссёр ҳаққында гәп қозғасаң, билип қой, қайтып бетиңе қарамайман. Олардың ҳеш бири мениң Бахтиярымның тырнағына да турмайды. Ол сондай жигит, мениң ушын дүньяда оған теңлесетуғын бирде-бир жигит жоқ. Әпсанаўый Юсуп пайғамбардың сулыўлығы ғана оған теңлесе алса керек.
- Ҳим...м көрермиз, сол сен Юсуп пайғамбарға теңлестирген Бахтиярыңды да, тойға шақырсаң, әлбетте, барыўға ҳәрекет етемен.
Ол қәпелимде жаўатуғын булттай болып түнерди.
- Сениңдей болып ашық болыўды бизге қудай рәўа көрмеди-дә, биреўди сүйиў, сағынып жасаў қандай жақсы!
- Бул да аңсат емес екен. Оны көргим келгенде, сағыныштан жүрегим азарланады. Сен неге қапа боласаң, бир-биримизди жақсы көрип кеттик деп едиң ғой. Шийрин-шекер кишкентайларың бар.
- Сендей болып бир жигитке ашық болмастан дүньядан өтетуғыным маған әрман. Қой, дәртимди қозғай бермейин. Сүйиў менен бир-биреўге мәжбүрий үйренисиў деген бул бир-биринен аспан менен жер шелли айырмашылығы бар нәрсе. Қой, балаларды жыйнаўдың ҳәрекетин қылайық.
Күн қызарып батып баратырғанда орпаң жолды толтырған балалар кими келте ыштанда, кими балақларларын түрип, биреўлери гөне кетилерде болса, биреўлери жалаң аяқ жуўырысып кетти. Кеште және бир үйде съёмка болды.
Арыўханның бөлмесинде жатып едим, сөйлесемиз-аў десем, тас қатып уйқылап қалыпты. Азанда мен турған ўақтымда Арыўхан шелектеги жаңа саўған сүтлерин қазанға қуйып атыр екен.
Шәўгим, шәйнеклер қойылған, азанғы ҳалқасқа таярлық. Бул шеткеридеги аўылдың адамлары бизлерди пайтахттың ең нәҳәнлери деп ойлап қалған ба, үш-төрт ғарры келип тур екен.
- Қызым, үлкениңиз кетип қалмады ма? - деди мени көрип.
Арыўханның және мақтанғысы келип кетти ме:
- Әжапам ҳәммесиниң үстинен қарайды, - деди күлмей-нетпей.
- Бизлердиң аз ғана тилегимиз бар еди, - деп атыр олардың жасы үлкенлеўи. - Пенсияларды ўақтында алсақ, атыздағылардың мийнет ҳақысын да тез-тез ўақтында бере ғойса, жеп-ишетуғынымыз өзимизден питкени менен, балалардың кийим-кеншеги дегендей, оларды алыўға пул керек.
Олар еле де дизе бережақ еди, артымыздан келип қалған Қонысбай аға жағдайды жеңиллетти.
- Айнаш, жазғанларыңның кейнине жасы үлкенлердиң өтинишин де қосып жазып қой. Көрсетиў ўақтында оларды да айтып жиберемиз. Буның ушын да жуўап беретуғынлар бар...
Ғаррылар компаңласып, ыразы болып қайтты.
Телевидениеде көрсетиў бир ҳәптеден кейин берилди. Мен соған шекем әйтеўир-ақ жумыстаман деп жүр екенмен. Бул жердеги ҳақыйқый жумыстың нелигин сол бир ҳәпте ишинде көрдим. Баса-бас жуўыр-жуўырдан табанымнан от шығып кетти. Мен тепсе тебиренбес деп ойлайтуғын Қонысбай аға ҳеш нәрседен кеўли толмайтуғын ынжық, нервлери шатағырақ, аз сөйлесе де қойған талаплары ойып жиберетуғын бир шәпене адамға айналып қалды.
Кейин билсем, ол жумыстың ғажжа-ғаж ўақтында бәрқулла сондай екен. Көрсетиўде қосықлар да пайдаланылды. Экран артында Қонысбай ағаның салмақлы даўысы, ишки толғаныў менен сөйлеўлери, мениң қосықларды кәмине келтирип оқыўым үлкен бир шығарманың безеўиндей еди. Көрсетиў тап кинофильм сыяқлы, балалардың өрпең жолда жуўырысып баратырғанынан басланып, сол жуўырысыўларды қайта көрсетиў менен жуўмақланды. Көрсетиў тамамланыўдан сол жерде жумыста барлардың ҳәммеси бизди қутлықлаўға ишке жапырылып кирди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
22. 06
Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз
Повесть
Кейин араларындағы текстлерди ойласып бирге жазамыз.
Жолға тайын болып кел, жумыс питпей қалса қонып та қалыўымыз мүмкин, - деди Қонысбай аға. - Ҳәзир қайта бер, ертеңге жақсылап таярлан.
Мен үндемей қайттым. Барсам ба я бармасам ба, деп ойлаўдың да қәжети жоқ, бул жумыс. Жақын жерде Бахтияр болса екен ойласатуғын.
Азанда биз төрт адам болып жолға шықтық. Қонысбай аға, мен, оператор ҳәм шофёр. Биз келип район орайында тоқтадық. Қонысбай аға басшылар менен сөйлесип шықты. Бул жерден оған бир адам қосылып шықты. Шығып машинаға отырды да, "Кеттик, Дийқанабадқа қарап айда, бурынғы Киров совхозы" деди.
Оператор бурыннан бул тәреплерди билетуғын қусайды. "Үҳ-ҳ! - деп жиберди, әйтеўир аржағына болмаса болар!".
- Сирә аржағына ғой! - деди бизиң жаңа жолдасымыз. "Кетенлер"ге шекем барамыз. Ғәний палўанның аўылына да. Түпкирдеги дийқанлардың қалай жасап атырғанына қарамастан қалай хызмет етип атырғанын халық көрсин.
"Дийқанабад"қа барып, машина өзгерди. Оператор менен шофёр керекли ашқал-дашқалларды "грузтакси" деп аталатуғын қара машинаға салды. Шофёрдың қасына районнан минген жол баслаўшы отырды. Жолды жаман деп ғана емес, жоқ деп айтса да болар еди. Гейде жап-салма бойларынан өткен ўақытларда машина бир қапталға аўып-аўып кетеди. Мен қорққанымнан ишимнен "машина аўдарылып кетпегей" деп тилеп отырдым. Биз "Айбүйир"диң етегиндеги сийрек жайласқан аўылға қарай киятырмыз. Шетиректеги үйдиң алдына келип тоқтадық. Бул түслик ўақты еди. Айтып қойған ба яки үй ийелери өзлери сондай миймандос па, орта жастан өткен еркек пенен ҳаял жалбырақлап күтип алды. "Келин, қолға суў әкел" деди ҳаял ишкериге қарап даўыслап. Иштен таза сүлгилерди ийнине салып шыққан келиншекти көрип ҳайран қалдым. "Арыўхан!" дедим таңланып. Ол да "Әжапа!" деп келип маған бойын таслады.
Бул келиншек мениң аталас сиңлим еди. Әкемниң өзинен киши инисиниң қызы. Мектепти питкерип институтқа ҳүжжет тапсырып, имтиханлардан өте алмады. Сол жылы оны узатып жиберди. Тойына да келе алмағанман. Биз өзгелердиң көз алдында көп сораса алмадық. Ата-енесине "әжапам, атамның қызы" деди.
Меннен бир жас киши қыз еки балалы да болыпты. Мен отырмастан оған дастурхан жайыўға көмеклестим. Биз жеңил-желпи аўқатланып, жумысқа кирисетуғын болдық. Үйде коляскалы мотоцикл бар екен. Қонысбай аға менен оператор соған минип жолдан баслап үйлерге, қораларға, жап бойында өскен тораңғылларға, суўға қармақ салып отырған балаларға шекем түсире баслады. Қонысбай ағаның ҳәр бир көрсетиўи дерлик бир кишигирим кинофильм деп журт бийкарға мақтаспайды екен. Ол минези қандай жаман адам болсын, бирақ өз кәсибиниң шебер маманы еди. Буннан кейин олар үйге келип, бир-бир кеседен айран ишти де районнан келген адамды ертип пахта атызларына кетпекши болды.
- Айнаш, сен усы жерде қал, - деди маған. - Күн қызарып батыўға шамаласқанда аўылдың балаларын сиңлиңниң көмегинде орпаң жолға жыйнап қой.
Олар кетти. Биз Арыўхан екеўимиз сөйлесип алатуғын ўақыт келди.
- Аўҳалың қалай, күйеўиң көринбейди, ол ким, сени зорлап берди ме яки...
- Дәслеп солай еди, кейин бир-биримизди жақсы көрип кеттик. Ол мектепте муғаллим болып ислейди. Институтта сырттан оқыйды. Ҳәзир жазғы сессияда. Быйыл питкереди.
Қулласы, бизлер екеўимиз де үлкен бир хожалықтың күнликшилери сыяқлымыз.
- Тоба, олап сени өзлеримиз оқытып аламыз, деп ўәде берип алған емес пе? Апам айтып еди.
- Аўа, сондай деген, көрип турсаң ғой аўҳалды, еки бала бар. Оқыйман десең, тоқта, балалар сәл үлкейсин дейди. Биреўи үлкейсе және биреўи тайын. Ҳәзир және бойымда бар. Болар енди, өзиңди айт. Жигитлердиң қайсы бири болажақ жездемиз. Анаў көзин сүзиңкиреген үлкенлеў кисиниң, режиссёр деди ме, саған көзқарасы басқашалаў ма деймен. Өзи де барып турған мәдениятлы ҳәм сый-ҳүрметти жайына қоятуғын еркек екен. Буныңдай еркеклер ҳаялды сөгиў дегенниң не екенин билмесе керек.
- Сени сөге ме?
- Айтпа, сол боғаўыздың күниге бес-алты рет сөгисин еситпесек уйқымыз келмейди ғой. Сөйтип әжапа, қайсысы, ишинде биреўи бар болмаса, сонша еркектиң арасында жүрмейсең ғой.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
21. 06
Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
Кейин кесесин столға қойып, үлкен көзлерин маған патлыйтып қарады.
- Сулыў қызлардың хошаметлерге үйренип қалғаны жаман. Демек, сен Қонысбайға өкпелегенсең, солай ма? Ол жүдә талантлы режиссёр, жазыўшы, сценарист, сүўрет салыў да оған жат емес. Ол қайсы бир образды көз алдына елеслетип, оны кеўилиндегидей шығара алмай атырған ўақытта барғансызлар, оның үстине бундай пайытта ол әкеси кирип келсе де мизбақпай отыра береди. Соның ушын, ҳәр қашан дөретиўши инсанның үстине есигин қағып, руқсаты менен кириў керек. Хош, енди не қылмақшысаң? Арзаңа қол қойып берейин бе? Мәмбетке "болажақ келиниңе басқа жумыс излеп көр" деп айтайық па?
- Мен жақсы ислеўге ўәде беремен, аға! - деп орнымнан ушын турып бир қолымды көтердим.
- Ҳе, солай болсын! - деп енди оның шырайы бурынғы қәлпине түсейин деди. - Бул басқа гәп, келген жасларды биреўи арақхор, биреўин уқыпсыз деп қуўа берсек, оларды тәрбиялай алмасақ, онда биз қандай басшы болдық!
- Рахмет, аға, хызметке тайынман!
Сөйтип шөпшейтуғын дуз-несийбем сол жерге шашылған ба, ислеп қалдым.
Қонысбай аға мениң азанда жумысқа келгенимди көрип таңланбады.
- Сәлем бердик! - деп ишке киргенимде сол кешеги отырысында еди. Берилген сәлемге басын болар-болмас ийзеп қойды. Мен оның итибарсызлығын жеңиўге тырыстым.
- Мениң столым қайсы, қай жерде отыраман? - дедим.
Ол есикке таманырақ қойылған столды ымлады.
- Арыслан ишин толтырып қойған болса керек, өзиң тазалап аларсаң! - деди зорға еситилер даўыста. Қасындағы стульчик болса шайқатылып екиге бөлинейин деп тур. Оны сыртқа шығарып тасладым.
- Жазыў-сызыўды тикейип турып ислемесең керек. Завхоздан сорайсаң, - деди стульчикти нускап.
Мен столдың тартпаларын аштым. Иши ҳәр қыйлы винолардың шийшелерине толып тур еди. Мен бир қапшық таўып келип, ишине бос шийшелер менен шығындыларды салып, столды тазаладым, жуўдым. Терезениң алдыларын да тазалап түбекке өсирилген гүллерден өзим таңлағанларымды әкелип қойдым, түстен кейин таза стульчик те таптым.
- Маған тапсырмаңыз бар ма? - дедим мен иске кирискели жумған аўзын ашпай отырған Қонысбай ағаға.
- Келеси ҳәптедеги көрсетиўге таярланып атырман. Текст пенен өзим қағазға түсирип болған соң таныстыраман. Соған шекем өзиңе басқа кийимлер заказ қыласаң ба, билмедим. Экранда мына турысыңда шықпассаң, қалай да.
- Турысымның неси бар? - деп үсти-басыма қарадым.
- Билсең керек, бизде кийимлер ханасы, тигиў цехы бар. Телевидение хызметкерлери ушын стилист, визажистлер де ислеп тур. Барып көр, өзиңе шақ кийимлер болмаса, буйыртпа берерсең. Олардан жақсырақ ислейтуғын танысларыңа ислетсең де бола береди...
Мен ҳайран қалдым. Бундайын ҳеш ким айтқан жоқ еди.
- Трюмоның алдында отырып, өзиңе бир қарап көр! - деди ол маған қарамастан гүңкилдеп сөйлеп.
Мен стульчигимди трюмоның алдына алып барып отырдым.
- Қәдимги отырысыңдай аяқларыңды айқастырып отыр, - деди ол.
Мен аяқларымды айқастырып отырдым да айнаға қарап жүзимниң оты шығып кетти. Ушып турдым. Келте тар юбка әбден көтерилип жамбасымның алмасына шекем көринип кетти. Бул жердеги ҳаял-қызлардың көпшилиги шалбар кийип жүретуғынлығы соннан екен-дә! Мына турысымнан шалбар кийгеним мың есе абырайлы еди. Бул үндемес адам, үндемей жүрип-ақ бәрин байқайды екен-дә. Арамыздағы бираз жас парқымызға қарамастан ол маған усы нәрселерди зилсиз ғана уқтырды. Биз енди әсте-әсте үйренисе басладық. Ол маған дәслеп "ананы әкел, мынаны апар, пәленшени шақыр" дегеннен басқа жумыс тапсырмады. Кейин экранға шыққанда өзимди қалай тутыўды үйрете баслады.
- Шырайлы күлесең дегенге, бәрқулла биреў қытықлап турғандай күле берме. Салдаманлылық пенен өзиңди тутып, арасында бир рет ғана мыйық тарт. Булттан қуяш шыққандай болсын.
Мен жумысты меңгериўге тырысып, бурынғыдай Бахтиярды сағынып диңкем қурып, қолым иске бармай қапаланып жүргенди азайттым, кеўилсиз түслер де шегиниңкиреп сәл өзимди алайын дедим.
- Ертең Шоманайға командировкаға кетемиз. "Ақ алтынлы атыздың азаматлары" деген көрсетиў беремиз, буйыртпа менен. Алдын жақсылап бир түсирип келейин.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 06
Өмирден көп нәрсе сорап па едим?!
Жоғалтқаным алтын, тапқаным гүмис,
Онша қәдирленбес қолдағы ырыс,
Дәртлерден көбирек пай берди турмыс,
Өмирден көп нәрсе сорап па едим?!
Берген сабағынан есимди жыйдым,
Еркелик етиўден өзимди тыйдым,
Сонда да көп екен шалалығым дым,
Өмирге я жеңил қарап па едим?!
Қыпсаламай ҳағын айтқанда гейде,
Жақтырмай базылар сақлайды гийне,
Ашыў жеңсе жипке дизилер ийне,
Кимдидур орынсыз сынап па едим?!
Десер: "Не ислесең келер алдыңа!"
Тәғдир соқпағымды алдым ядыма,
Жуўапкермен ҳәр бир басқан адымға,
Дәртлиниң жарасын тырнап па едим?!
Тәрбиялап өмир устазлық етти,
Инсаныйлық әлипбесин үйретти,
Билиминен жетилистим, ержеттим,
Берген кеңеслерин аңлап па едим?!
Бийиклик жарасар саўлатлы таўға,
Оянады ҳәўес оны бақлаўдан,
Инсан көрки - кемтар болып жасаўда,
Өзимди жоқары санап па едим?!
Изледим жанымның жарты бөлегин,
Ығбалыма жолығыўды тиледим,
Ол аппақ кеўлимдей аппақ гүл еди,
Бир арыўдың шашын тарап па едим?!
Камалға келгенмен ишип ақ дузын,
Сүйди мен қатары қанша ул-қызын,
Жаныўын әрманлап ығбал жулдызын,
Халқымның мәпине жарап па едим?!
Өмирден көп нәрсе сорап па едим?!
18-июнь, 2024
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Aytılıwı menen jazılıwında ózgezhelik boladı ,Hayt sózin8ń de maǵanası bar
Читать полностью…#27_июнь_Баспасөз_ҳәм_ғалаба_хабар_қураллары_хызметкерлери_күни
#Қутлықлаў
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен усы тараўда пидәкерлик пенен ислеп киятырған бәрше қәлем ийелерин, дөретиўши инсанларды, техник хызметкерлерди шын жүрегимнен қутлықлайман. Елимизде алып барылып атырған кең көлемдеги реформаларды, жаңаланыўларды заманласларымызға жеткерип, жәмийетлик көзқарасларды оятыўда тараў пидайыларының хызметлери салмақлы. Олардың халықтың руўхый дүньясын байытып, информациялық мәдениятын жетилистириў жолындағы әдиўли ислеринде тасқын табыслар тилеймен. Бир көрсетиў яки еситтириўди таярлаўдың, баспасөз ҳәм интернет материалын жәмийетшиликке усыныўдың артында қаншадан қанша инсанлардың үлкен мийнетлери, тынымсыз изленислери турады. Сонлықтан да, бул кәсип ийелерине деген ҳүрметимиз шексиз.
Байрам бәршеңизге қутлы-мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
"Сөйлетип көрсең, аппақ хожаның ақлығы..." деди изимнен мысқыллы сөз бенен шағып.
Кейниме қайттым. "Мен аппақ емей, қандай қара ис қылып едим?" деп жағасынан таўлап сүйрегим келди де, шәмпийип турған қарнын көрип, ҳәўиримнен түсиңкиредим. "Соның менен жақ жарыстырып жүремен бе?" деп ойлап, оған көзимди аларттым да шығып кеттим.
Және бир күни телевидениениң автобусына минип жаңа отырғаным, қасыма Қонысбай аға келип отырды. Адам көп еди. Ол мени қушақлап отырмақшы болып белимнен қолын өткерди. Қарсыласыўдың жақсы ғана рети келди.
- Тарт қолыңды, уятсыз! - дедим. - Турың қәне, өтип кетейин, мен түргелип турып та жетемен...
Ол адам танып болмас дәрежеде ишкен екен.
- Ҳе, енди жақпай қалдық па? - деп ол көзлери сүзилип, және маған асылды.
- Жасы үлкен! - дедим ашыўдан қалт-қалт етип зорға сөйлеп. - Сизге турмысқа шықпайман дегеним ушын басқаша жол тутып өш алмақшысыз ба?
Кейнимизде отырған еки артист жигит келип Қонысбайды орнынан сүйреп шығарды.
- Өте бер, қарындасым, - деди маған.
Мен автобустан түсип қалдым.
... Арысланды түсинбей-ақ қойдым, және оның қылықларына қызығып қарай басладым.
Ол телеминиатюраларда рольди қатырып жибереди. Оның айырым жерлерде, той-мерекелерде, өзи ойнаған миниатюралар театрында ҳәр кимниң даўысына усатып сөйлегенине оны алғыслап жүрер едик.
... Бахтиярдың келиўин тек мен емес, ата-анасы, туўысқанлары да асығып күтип отырса керек. Жақында оның қыз апасын көрип қалдым.
Базарда гөш дүкәнның алдында биреў "Айнаш!" деп шақырды. Дәслеп танымадым. Ол жақынлап келип мыйық тартқанда ғана оның күлиўи Бахтиярға усап кетти. Мен барып сәлемлестим. Ол сиңлисиндей мениң жүзлеримнен сүйди. Аманлық сорастық.
- Үйде тойға таярлық кетип атыр, - деди ол қуўанып, - әжағамның тойын Бахтиярдың келиўине қаратып қойыппыз. Сөйлесип турсызлар ма?
- Сөйлесип турмыз, - дедим. "Бизлердиң тойымызды да қосып бермекши ме?" деп сорай алмадым.
- Тез арада және көрисемиз, саў бол! - деди хошласып атырып.
Бахтияр майдың ақырында келди. Ол келсе, мениң ҳәр күним байрам, жүрегим шәўкилдеп ҳеш жерге сыймайман.
- Енди кетпейсең бе? - дедим қолларын жаздырмай.
- Әжағамның тойынан кейин қыста кетемен. Жақсы бир фильмге түсип атырман. Сентябрь айларына шекем питсе керек.
Мен оның қолларын жиберип, бир қапталға бурылдым.
- Яғный жазы бойы сол жақта боласаң. Сол киноң питсе және биреўи басланады. Қулласы, өмириңниң көпшилиги Москвада өтеди. Мен болсам көрингенге гәп болып, ғарры қыз болып қаламан.
Ол мени қушақлап күлди.
- Ғарры деп еркек адамды айтпай ма? Сен үш айдың ишинде кемпир қыз болып қаласаң ба, бәри бир саған үйленемен. Яки маған ғарры жигит керек дейсең бе?
- Мен сениң ушын Нөкисте қалдым, исле деген жериңде қыйынырақ болса да ислеп атырман. Енди шашымды қырқып, Мэри Матыникиндей етип аўылға кетемен.
- Неге шашыңды қырқып?
- Ҳәзиргидей болып барсам, бул бийшара өзи шәҳәрде алты жыл жасап, қандай мәденият үйренген я тийген байы жоқ демей ме? Күйеўге тиймесек те аз ғана өзгерип барайық.
- Буншама сабырсызсаң? - деди ол мени жаздырмай. - Мәйли, отпускаға шық, сени алып кетемен. Лекин, тек бир айға, отпускаң питкен соң қайтып келесең.
- Сени бир өмир күтиўге ме?
- Ўай-ўой, саған гәп уқтырыў қыйын болды ғой. Айнашка, сен қара, әжағамның қалыңлығы сеннен бес жас үлкен. Енди ғана тойлары болайын деп атыр ғой.
- Әжағаң сендей актёр емес, сениңдей шырайлы емес, қызлар таласып-тармасып алып қалатуғын!
Мени кем-кем ыза керней баслады.
- Кете бер, жолыңнан қалма! - дедим. Сениң менен бир ай түўе бир күнге де кетпеймен. Кетсем адамлар "жигити менен бир ай жасап қайтып келипти" дейди. Халыққа жәрия қылып үйленген де басқа гәп. Оңысығы қыйын болып қайтып келипти дер еди.
- Онда аўылыңа кете бер, - деди ол да қызбаланып.
- Яқшы онда, кеттим! - деп жулқынып жолға қарай жүрдим. Бирақ, меники көзабаға еди.
Ол артымда ыңыранды. Артистлик етип атыр, деп қарамадым.
- Айнаш, Айнежамал! - деген сөзлери буўлығып шықты.
Жуўырып бардым. Оның еринлери көгерип, шырайы бөздей ағарып кетипти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
26. 06
Кеңесбай Рахманов
Биринши муҳаббатым
Роман
Түбинде аманлығын билген соң мен де ҳаўлыққанды қойдым.
- Аманлық екен ғой, балларым, - деди ағам енди жайпарахат сөйлеп. - Бул жер даўы, суў даўы, қыз даўы дегенлер ата-бабаларымыздан киятырған жәнжеллер. Бирақ, қан төгиспей-ақ бәри шешилген. Ярым ақшамда қапымды теўип, қулатып ишке киргенге бир қырғын болып қалған шығар деп едим. Буны қызыл муш көтермей-ақ шешиўге, ўәжлесиўге болатуғын еди ғой. Биз ол балаға қыз алып қаш дегенимиз жоқ, ол алып қашқан менен бул жерге әкелген жоқ.
- Иште жасырынып атырған жоқ па?
- Бул жасырынбақ ойнайтуғын саўда емес ғой, шырақларым, - деди апам енди истиң насырға шабатуғын түри қалмағанын аңғарғандай. - Инанбасаңыз, шырпы шағып ишти қарап шығың. Адам жасырынғандай үйимиздиң қуўыс-қолтығы да көп емес. Жататуғын бир өжиреден басқасы дәнхана, төрдеги жай болса, даңғырлап бос тур. Еле оған печь те қурылмаған. Барып көриң.
Олар иркилип қалды, келгендеги ҳәўири жоқ, бәлким, енди қәйтемиз деп бир-бирине қарасып та турған шығар. Бирақ қараңғыда оны аңғарып болмайды. Бираздан соң жигитлердиң басшысы болса керек, даўысы жөтел аралас көкирегинен қағаздай ғағырлап шығып турған биреўи:
- Енди, Ешимбет иним, қыздан айрылған екенсең. Гүдериңди үзе бер. Бир түнеп шыққан соң... қой, кетейик... қыз қапылмас. Менде ес жоқ екен-аў, ал ҳа, қызды урлап кетти дегенге малақайдың қулағындай жалпылдап шаўа берип...
- Онда болғанымыз ба, Даўытбай аға? - деди жаңағы Ешимбет.
- Болды. Баспақтың шабысы топанханаға шекем деген. Я ол қызға мал-сал өткерип қойып па едиң?
- Яғаў, ондай жерге бармадық ғой еле...
- Әй, қуры гәп пе? Ол қыз сени жақсы көретуғын ба еди?
- Көрсе керек. Көрген сайын бир күлип қоятуғын ба еди?
Даўытбай ўарқылдап күлип, изинен көк жөтели қысып қалды:
- Әйй, бала екенсең-аў! Адамлар масқарапазға да күле береди. Ол анық Искендер ғырнақтың қызы болса, бир күлкиси менен-ақ бар мал-дүньяңды оқпан жутқандай етеди, иним. Сениң теңиң ол қыз емес. Өзим таўып беремен.
Олар үш жигит екен. Үшиншиси онша сөйлеген жоқ. Олар кетиўге ыңғайласқанда ағама қайтадан тил питти:
- Қыздың әкеси Искендер ғырнақ дедиң бе?
- Таныйсаң ба?
- Ҳаў, таныйсаң ба дейсең-аў, ол ғырнақ пенен батальонға бирге барғанбыз ғой.
- Ўай, онда тойыңды баслай берсең-әм болады екен!
Олар шығып баратырғанда ағам изинен бақырды:
- Исекеңе меннен сәлем айтыңлар! Қызының дереги шығыўдан хабар етемиз, баллар! Ҳаў, мына қапымыз усылайынша қала береме?
Даўытбай күлди:
- Енди не қылайық, Хийўаның дәрўазасын әкелип қурып берейик пе?
Олар узақлап кете берди. Жаптың ырашының аржағында атлары қалған қусайды. Бир гезлери атлардың дүсирлесип шаўып баратырған туяқларының даўысы еситилип турды. Бизлер көпке дейин өзлеримизге келе алмай, қуўаныштан ба, я ҳаўлыққаннан ба, музлап қалған көрпе-төсегимизге келип жатқан соң да уйқылай алмадық. Усындай да уйқы кимниң уйқысы. Ағам менен апам көп нәрселердиң басын шатпалақлап сөйлесип атыр. Мен еле жас болған соң гәплериниң мәнисине онша түсинбедим, меннен ҳеш нәрсе сораған да жоқ. Тек апам:
- Елге дәстүр болмаса да алып қашқаны тәўир болыпты, ағасы, - деп қуўанғандай сөйледи. - Қызды айттырып, нан сындырысып алар болғанда оның бес кийимин қалай аламыз, қалың малын қалай төлеймиз?
- Ҳәй, енеғардың кемпири! - деп күлди ағам. - Алып қашқан менен қалың малын алмайды деп отырсаң ба? Ғырнақ еле қораңды қасқыр шапқандай етер. Ҳәй, мейли, тез арада тойын өткерип жибериў керек. Аржағын көре берермиз-дә.
Жайдың кишкене әйнегиниң арғы жағында еле тастай қараңғы түн еди. Бир гезде адамның бойы зорға жететуғын терезе қағылды.
- Тебетуғын қапыны таппады-аў, шамасы, - деди де ағам әйнекти урып атырғанларға даўыслады. - Келе бериң, сизлерди иркетуғын есик жоқ.
Аяқ дүбирлилерине қарағанда келгенлер еки-үш адам болса итимал. Апам да көрпениң астынан басын көтерип, бир жағы қуўанғанынан ба, күлип жиберди:
- Бала тағы биреўдиң қызын алып қашпаса болар еди?
- Әй, сен де келистирдиң-аў! - деп жекиринди ағам. - Қыз не, таўық па, услап алсаң қолтығыңа тығып кете беретуғын...
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
Шаўдырбай Сейитов
Ығбал соқпақлары
- Еле, аға, мениң көкирегимдегини искусствоға түсинсеңиз де сиз оқый алмапсыз ғой, - дедим Муратқа өмиримде биринши мәртебе "сиз" деп.
- Енди не қылмақшысаң?
- "Байтерек"тиң астына саған арналған отаўды тигемен де ата мәканымда анам жаққан отты Назлыға тутандырғызаман, - дедим ҳеш өкпе-гийнесиз, бийҳазар ырғақ пенен. - Жаңа тигилген отаўымызға не беремен деп қысынбаң. Мына "Ғаз айналып көлине қонар"ыңызды апарып, керегемизге өз қолыңыз бенен илдирсеңиз, басқа тәмемиз жоқ.
- Ол қыйын мәселе емес, - деди Мурат жумысын баҳалағаныма кеўилленип. - Сен еле буның мазмунына түсинген жоқсаң. Мен келин менен келгениңде "Парнасым балалығым өткен жерде екен" деп, Нарянмарға көшкен кәсиплесимди мәзи айтқан жоқпан. Усы сүўретте соны айтып қойыппан, ҳаўўа, - деп шулғынды. - Сен, ғошшым, Гүмискөл менен Байтеректи ғазлар қурақым яшуллымыз сағынбайды деп ойлап кетпе, ҳаўўа. Бәлким, биз де барып қалармыз. Бирақ академияға таярланып атырман, қәйдем... Шымбай шайханаға шекем узатып салайын ба?
- Кереги жоқ, - дедим қолымды созып. Ол қатты қысып турып:
- Сени өзи, орныңнан бийкар қозғаған екенмен, әпиў ет, - деди. - Бирақ келинге обал болды. Искусствоға түсинетуғын адам еди. Жолың болсын. Келинди айтса, адамның жүрегине түсинетуғын..
Мен шығып кеттим. Тыңлай бериўге өзимниң ылықпалаў минезимнен қорқтым. Ҳәр жүрек өзин түсинетуғын жүрекке қаншелли тарығады, десеңизши! Мураттың жүреги - искусство, искусствоға түсинбей турып, оның жүрегине түсиниў қыйын. Енди сол барлық өмирин искусствоға бағышлаған жүрек дәл өзиндей жүрекке тарығады. Сол жүрек бармеди Мийригүлде, сол жүрекке ол түсиниппе еди? Искусствоны сүйген Диларамның жүрегине мен түсинип пе едим? Несине Мийригүлди қустаны қыламан, дүньяники мудамы усындай шәлкем-шалыслық, лийкин ҳәр нәрседе де ҳәр ким өз орнын билгени мақул. Буны әзелден ойланыўымыз керек екен, кәсиптен орнымызды таўып, бизге ылайық нәзелим сизде, сизиң сәрбиназыңыз алжасып бизде жүрсе, бәрибир төртеўимиз де бахытсыз болады екенбиз. Адам болып қудайдың түсинбегенин түсинсек те усы бири-биримиздеги алақандай жүректиң талғамын түсине бермеймиз-аў! Түсиниўимиз керек екен, болмаса, өзимиз де адасамыз, кисини де адастырады екенбиз. Соң ойланған менен кеш болады. Бул нәрсени "адасқанның айыбы жоқ, қайтып жолын тапқаннан соң" деген нақыл менен ақлай алмаймыз. Мен адасқаным ушын айыплыман, лийкин мениң жолым өзим менен кетсин, басқаға бермесин бул жолды.
Киси жүрегине көп-көп үңилип, өз жүрегимиздиң өзеги өртенгенше сүйген өмирден де, муҳаббеттен де тапқан орнымыз қутлы бола берсин, әўмийин...
"Мийирбаным Мақсет!"
Қанша хат алысып турсақ та көриспегенимизге бес жылдан асып баратыр-аў, шамасы. Айтқан шығар, бир сапарғы хатыма Назлы жуўап берди. Сен сонда техникумдағы жазғы сессияңа кеткен екенсең. Бул ўақытта, бәлким, питкерип те келип жүрген шығарсаң. Питкерген болсаң, еле сол шопанлығың ба, я маманлығың бойынша зоотехник болдың ба, ояқларын билмеймен. Соңғы перзентиңиздиң қыз болғанын, атын мениң ҳүрметиме Диларам қойғанын Назлы жыллы леп пенен жазыпты. Бәрине де рахмет, бәлким, муҳаббеттен өз орнымды таўып, перзентли болсам, еслеп жүриўим ушын мен де сизлердиң атларыңызды қоярман.
Сен билесең бе, билмейсең бе, Мурат аға маған Ленинград академиясынан хат жазып турады. "Искусство" журналының нәўбеттеги санында Мурат ағаның сүўретлерине орын берипти, соны көргенше асығып жүрмен. Орын берилгенлигин маған Мурат ағаның өзи жазды. Бирақ, қай сүўрети екенлигин айтпапты. Бәлким, балалығы өткен жерлердиң пейзажы шығар. Бәлким, "Ғаз айналып көлине қонар" деген шығармасы болар. Екеўимиз барғандағы көргенде мен оған жөнли түсинбеппен. Тек ғана пейзаж, туўылған жерге сағыныш деп қараппан. Олай емес екен, мына училищени тамамлағаннан кейин барып, оның толық мәнисине түсинип жүрмен. Ғазлар айналып көлине қонады екен. Адам да шарқ урып өмирден өз орнын излейди ғой. Өзиңе мәлим, өмир деген кең түсиник, буған мәкан да, кәсип те, муҳаббет те кире береди. Усыларсыз өмир де болмайды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18
Ассалаўма алейкум.Ҳижран сөзи қарақалпақ тилинде де бар ғо?
Читать полностью…ASSALAWMA ALEYKUM!
📣📣QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN MILLIY SERTIFIKATQA TAYARLANÍWDÍ QÁLEWSHILER DÍQQATÍNA!📣📣
SIZLERDI IYUL AYINDA (1-iyul) BASLANATUĞÍN ONLAYN TAYARLÍQ KURSÍMÍZĞA MIRÁT ETEMIZ.🗃🔒📚📚📙📙
KURSÍMÍZDA QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN
✔️-GRAMMATIKA;
✔️-ORFOGRAFIYA,ORFOEPIYA;
✔️-PUNKTUACIYA;
✔️-QOSÍQ TEORIYASÍ;
✔️-ÁDEBIYAT TEORIYASÍ;
✔️-OQIW SAWATXANLIĞÍ;
✔️-JOQARÍ DÁREJELI ESSE JAZÍP ÚYRENIW;
✔️-SERTIFIKAT ÚLGISINDEGI DIAGNOSTIKALÍQ TESTLER t.b ÓZLESTIRESIZ.🤩🤩🤩🤩
SABAQ HÁPTESINE 3 KÚN BOLADÍ. 👩🏫👩💻
KURS DAWAMLÍLÍĞÍ 2 AY.
BAHASÍ AYÍNA 160 MÍŃ
ORÍNLAR SANÍ SHEKLENGEN. ASÍĞÍŃ.📣📣📣📣
Kópshiliktiń sorawları boyınsha sabaqlar 1-iyuldan baslanadı. Jazılıp úlgerip qalıń
Maģlıwmat ushın tel: 90 702 04 21
@Dili_0421
/channel/milliy_sertifikat_qq
Assalawma aleykum!
Qorshap alıw degenniń ózbekshesi qanday boladı?
Ышқый тербелислер
Мейли, болсадағы ялғаншы уўы,
Ҳүрлер қуйған шарап зәм - зәмниң суўы.
Ышқы суўсынынан руўҳым мәс болсын,
Өлсем, бас ушымда қәлем қас турсын.
Қылап әйлемесе мендеги арға,
Барымды бағышлап өтермен ярға.
Ярсыз жер жәҳәнди талақ еттим мен,
Аның ҳәр жилўасын сабақ еттим мен.
Әҳли сәнемлерсиз эй, ашық Азат,
Тәрки дүнья қылмақ не деген дозақ.
Жетпес десем бейиш ҳақ сәнемлерге,
Мәйли, жақсын мени жәҳәннемлерде.
Не айып бар менде, жазмышым, айтың?!
Бул дәрт жалынларын сен өзиң жақтың.
Жақтың, гүрлеўимди тамаша етип,
Сырлы ислериңди жаңаша етип.
Ҳәсиретим, азабым - муҳаббатымдур,
Әселдей мазалым - муҳаббатымдур.
Тамам, бар әрманым - мың мийнетимде,
Бахтым, ығбалым, сол - яр сүўретинде.
Автор : Азат Даўышбаев
https://www.instagram.com/reel/C8aDVoKNk_m/?igsh=MXZjaHEzZWswNXpseA==
@in_savebot orqali yuklab olingan
Assalawma aleykkum
Sertifikatqa tayarliq gruppa barma online bolatugin.
(Tolemli)bilseñiz aytip jiberiñler iltimas.
Ассалаума алейкум
Жыландастык деген не ?
Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
- Қатша, Катёнка мен кеттим, көрискенше, әзийзлерим.
Ол енди екеўимизге де қарап басын ийзеди. Бул сапары даўысы сүйген қызы менен хошласа алмай атырған ашыққа уқсады.
- Ҳәзир қайсы бөлимге кетти? - дедим есикти жаўмастан ийни түсип, бир ҳалатта баратырған жигиттиң изинен қарап.
- Сол пиянщик қайсы бөлимде ислей алатуғын еди, өзи?! - Гүлхатша мурнын жыйырды. Қонысбай ағаның кеңлигинен қасында үш ай оңысты.
Мен оған қарап ҳайран қалдым. Ҳәзир ғана өзи жақын адамларындай күлисип, сөйлесип турған жигитти бунша жек көрип, ғыйбат етти. Адамларға не болған өзи, көзинше күлип сөйлеп, шығар-шықпастан сыртынан сойса? Иштен толықлаў орыс ҳаял шықты.
- Баслықта жумысың бармеди, кирсеш енди, жаңағы Арыслан қайтып келип сүзип кирип кетсе, және бир саат иркилесең.
Арыслан, жаңа алдынан шыққан, өзи "пиянщик" деген еркектиң аты болса керек. Мени не дер екен сыртымнан, деп оған қәўетерленип қарадым. Ол алдындағы жазыў машинкасының клавишлерин тесип жиберерлик дәрежеде жулқынып басты.
Ишке кирдим. Баслық үлкен қызыл шәйнектен шай қуйып атыр екен.
- Отырың, - деп маған да бир кесе шай узатты.
Шайдың орны болмаса да узатылған қолды қайтара алмай алдым.
- Бул Қонысбай, өзи жумыслар менен таныстырды ма?
- Яқ, аға, - дедим мен, ол жерде ислемекши емеспен.
- Қаяқта ислемекшисең?
- Улыўма бул жерден кетемен. Басқа жумыс таба алмасам аўылыма қайтаман.
Баслық ишип атырған кесесин қойып, алдына қарай еңтерилип, столды дастанып отырып маған қарады.
- Ҳе, аўылдағылар не, ислетпеге адам таппай атыр ма екен? Бир аўылдан бес адам питкерип барса биреўине жумыс табылып, қалғаны Нөкиске келип тығылады. Бул шешимиң жақсы емес, қызым. Биз сени Мәмбет араласқан соң жумысқа алдық, "болажақ келиним еди" деди.
Негизинде бул жерге театр институтын питкерип, көркем өнер бойынша мағлыўматы барлар да, журналистиканы питкергенлердиң де шаққанырақ, адамлар менен кирисимли, сөзге шешенлерин ғана аламыз. Сулыўлық деген көп қызларда бар, бәри бирден бул жерге келип ислей алмайды. Сенде актёрлық шеберлик яки бир үндемеслерди де сөйлеткендей дилўарлық жоқ. Сенде бары-жоғы күшли сезимлерге берилиўши эмоция менен тәсиршеңлик бар. Бул айырымларда жаслық ўақтында биреўди қатты жақсы көргенликтен яки бир қуўаныштан болып, бара-бара сөнип қалатуғын сезимлер. Сен көп нәрсени үйренип кетиўиң мүмкин еди. Әдебий кеше бағдарламаларында шайыр-жазыўшылар келгенде шақырып турар еди.
Даўысың ширели, қосықларды жақсы оқыйсаң. Сени Мәмбет қәлеген бир статистикалық тараўға да жумысқа киргизип жибериўи мүмкин еди. Лекин, сени кимдур усы тараўға ылайық көрип усынған. Барлық жумыста да қыйыншылық болады. Сен келистире алмасаң басың батпай кетип қала бересең бе?
Бул әдет, өкпелеп жүрме-дә, турмысқа шыққаныңнан кейин де қайталанса, сен кимди жақтырмай кеўлиң қалса, сол үйди, минези жақпай қалса қостарыңды таслап, басқасын излермен деп кетип қала бермейтуғыныңа кимниң көзи жетеди. Ҳеш бир себепсиз жумысты таслап кетемен деген қызды Мәмбет те келин қылыўға ойланыңқырап қалар.
Сен бул жерге жумысқа кирерде, "мен бул исти ислей аламан, меңгерип кетиўге бар күшимди саламан" деп ойлап көрдиң бе, "келиссе болар, келиспесе кетемен ғой" дейтуғын бул жер саған сынаў майданшасы ма?
Ол кем-кем қызып сөйлей баслады. Мен әлле қашан, Бахтиярдың әкесин айтқаннан-ақ тәслим болғанман. Ол мениң ең нәзик точкама тийди. Бахтияр еситсе сирә не болары белгили.
Баслық пәтленип сөйлеп қызарып-бозара баслады, мен қорқып кеттим. Бул кисини адамлар ең жоқары қан басымы менен де жумысқа келе береди дейтуғын еди. Орнымнан ушып турып қолыма услап отырған шайды ишип жибердим де, жасы үлкенниң кесесиндеги суўып қалған шайды өзимниң кесеме қуйдым. Сүлгиге орап қойған шәйнектен ыссы шай қуйып узаттым.
- Мени кешириңиз, - дедим орныма барып турып.
Ол тартпасынан дәри алып шай менен ишип жиберди.
- Мени кешириң, - дедим және. - Қонысбай ағаның мени жағымсыз қабыллағанынан қорқып оның менен ислесе алмайман деп ойлаппан. Басқа ҳеш гәп жоқ.
Ол шайын ишип болғанша үндемеди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 06