«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til
Selam aleykum, ama sen kayıp ve bu gruba katıldın
Читать полностью…Кеңесбай Рахманов
Биринши муҳаббатым
Роман
Жасы сексенге барып қалса да ғарры еле тәндар, әттең, кемпирге жарымаған, өзине жарысып жасай алмай ертерек өле берген. Атамыз ҳәзир төртинши кемпири менен күн кеширип атыр. Барған адамларға "енди ғаррыңызды өлтирип болып өлетуғын шығарман" деп ҳәзиллесип күлип қоятуғын қусайды. Усы аўылда мереке болса да, басқа бир ис шығып қалса да Бабанияз атама ойласпай турып қолға алынбайтуғын еди. Әсиресе, урыстан кейинги ҳәсиретли жылларда той бериўге жүрексиниў қыйын еди, урыс ақыбетинен айралыққа ушырамаған шаңарақ жоқ есабы. Бабанияз атамның Есенбай деген баласы да бир аяғынан айрылып келди. Ағам той жөнин, Әзийра шешемниң жайы туўралы ойласып қайтыў ушын сол атамызға кетти.
Үйдиң алды быған-жыған. Мениң жораларым да, кип-кишкене нәрестелер де қыйқыў салысып, шапқыласып жүр. Келиншек келди, той болады деген менен еле тек адамлардың үмбә-дүм жыйналғаны болмаса, қазанға түсип қайнап атырған зат жоқ. Бирақ, ел елшилигин етип, биреўде жоқты биреў таўып, ҳаяллар үлкен самарға қамыр ийлеп атыр, киширек қазанда кендир май күйдирилип, жағымлы ийиси тарала баслады. Соның ийисинен-ақ азанда да тамағынан ҳеш нәрсе өтпегенлердиң иштейлери ашылып, лаўлап жанып атырған ошақ тәрепке қарай береди.
Атама кеткен ағам жадырап қайтып келди:
- Питти ҳәммеси! Болды!
- Не питти? - деди Айтмурат әжағам оның гәпин жақтырмай. - Еле он екиде бир салыйқасы жоқ, питти деген не?
Айтмурат әжағамның усындай қырсық минези ҳеш кимге жақпайтуғын еди. Әкесиниң жағасынан алғандай етип сөйлегени қасындағы жигитлерге де қолайсыз болды.
- Питпесе питер-дә, Айтмурат, - деди қасындағы бир жорасы. - Ҳаў, биз де елмиз, халықпыз...
- Яғаў! - деди Айтмурат әжағам пәсине қайтып. - Питти деп телпегин аспанға зыңғытып келгенине ашыўым келеди-аў. Тап бир ҳәммеси сол ғаррының ҳәмири менен питетуғындай...
- Енди не қылайын? Я питпеди деп зар еңиреп қайтайын ба? Айт, билгиш болсаң! - деп ағам да қызып кетти. - Со-о, тойыңды басланбай турып-ақ тас-талқан етип бузайын ба? Я?!
Ағамның ашыўы да жаман еди, жағал ешкиниң сақалындай бир тутам жүн ийегиниң астында қалтырап жүр. Еле қызыўы басылатуғын емес:
- Ҳаў, сен адам болатуғын болсаң, бир аўыз ескертпейсең бе? Бирден... топа-торыстан! Әкелген қатыныңның атын да билмейсең! Сен ақмақ болмасаң, айтсаң болады ғой, айттырып алатуғын едик ғой. Я қыз айттырыўға бара алмастай бетиң жыртық па еди?!
- Енди не ғыл дейсең? - деди Айтмурат әжағам да қайтадан жанланып. - Үйине апарып таслайын ба? "Той бериўге шамамыз жоқ" деп үйлениўден ўаз кешейин бе?
Екеўиниң жәнжеллесип қалғаны үй алдында турғанларға қолайсыз болды. Тыңлап турсаң, екеўиники де дурыстай. Усындай шурт минезлери болмағанда адам айтысқандай ҳеш нәрсе емес-аў. "Сол ғаррының алдынан өтпесек, ойласпасақ болмайды ғой, Айтмурат балам-аў" деп ағам айта қойғанда бундай тартыс-партыс болмас еди. "Питти ме, аға! Ўай, бәрекелла! Бабанияз атам руқсат етсе, ҳәммесиниң бәржай болғаны" деп Айтмурат әжағам жатығына сөйлегенде ҳәзир ҳәммемиз де басқаша кейпиятта шады-қуррам болып турар едик. Лекин, аталы-балалы адамлардың бирин-бири сыйламай сонша аўыр гәплерге ерк берип жибергени қутлы болсынға келгенлердиң ишлеринен шеңгел сүйреп өткендей болды. Ҳәтте, айырымлары кете баслады. Усындай топалаң менен басланған той оңғылық болмайтуғын шығар, той беремиз деп аўыл-елден бөлинип қалып, бөриге таланбасақ болғаны ғой.
Ашыўға буўлыққан ағам ишке кирип кетти. Қәҳәри ишине жайғаспай бет-жүзинен, көзлеринен билинип тур. Ҳәтте, ҳәрекети де душпанынан кегин қайтарыўға атланған адамдикиндей шыйрақ. Мен ҳаўлығайын дедим, мылтықты алып шығып Айтмурат әжағамды атып жиберсе... яқ, мылтықтың оғы жоқ. Жаным жай тапты. "Ҳәзир бул жерде бизлерге қарап турған жумыс жоқ ғой" деп Айтмурат әжағамның жоралары да қайтпақшы болып еди:
- Сизлер тура турың, ҳаў, ғарры деген бәҳәрдиң ҳаўа райындай ғой, булты демде тарқап кетеди, - деп Айтмурат әжағам оларды жибергиси келмеди. Шамасы, ағамнан өзи де қорқып турса керек, жигитлер қасымда ес болсын деп турған шығар.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
Jayı jánnetten bolǵay, ata-ana ,jaqın-juwıqlarına tereń qayǵırıw menen kewil bildiremiz.Alla sabır bergey,jas eken .
Читать полностью…Алдыннан жарылқасын.Қарақалпақша википедияның,улыўма тилимиздиң тармақларда орын алыўына үлес қосып киятырған инсанлардың бири еди...
Читать полностью…Erteń usılar ózlerimizge ózlerimizdiń tilimizdi úyretip júre me
Читать полностью…Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
Тамара мени сөйлетпей "тыныш" деди.
- Сен өзиңди басып, тыныш тыңлай алсаң, ҳәммесин айтып беремен.
Мен сол күни отпускаларымның пулын шығартып алыўға келип едим. Туўыў үйине түсиў, басқа да керекли ол-пулларды алып қойыўға, үйге де таярлық керек болды. Бухгалтериядан шығып, баслықтың жоқ екенин билсем де Гүлхатшаға таслап кетип, өзим сениң менен түслик қылмақшы едим. Кирер аўыздың алдында Қонысбай менен Арыслан жүр. Булар не қылып жүр, деп ойладым. Иштен Гүлхатшаның "Арыслан!" деп шыңғырғаны еситилди. Қанша тез жүрсем де ишке Арыслан меннен бурын атылып кирип кетти. Мен усы ҳалатта балпаңлап жүрип киргенше Арыслан тезлик пенен жумысын питкерипти. Ишке кириўге талпынып, Гүлхатшаның қолынан босанып кетейин деп турған сениң басыңа столдың туяғы менен қатты урыпты. Ол мени киреди деп ойламаса керек, не қылып қойғанына ақылы жетпей турма, қолындағы аўыр туяқты тасламай аңырайып қарап тур екен. Сен болсаң оқ тийген аңдай теңселер едиң. Сениң жығылыўыңды күтпей Гүлхатша екеўимиз диванға жатқардық. Сен ҳуўшыңнан кеттиң. Иште бир нәрсениң ғырылдысы еситилди. "Тез жәрдем шақыр!" дедим Гүлхатшаға, өзим ишкери кирдим. Қарасам төрдеги столда жуп кассеталы аудимагнитофон айналып тур еди. Мен оны тоқтаттым да, бастан қойдым. Мырзан аға менен Бахтиярдың роли жазылған кассета еди. Даўыс ийеси қаншелли уқсатса да, даўыс Арысландики еди. Буны биздей бул ислердиң қәнигеси ғана байқай алар еди.
Тазадан келген жас қызлардың бәрине аўыз сала берип, қуры қала беретуғын Қонысбай енди сеннен қалып қоймаў ушын усындай усылға өткенлиги белгили еди.
Кассетадағы жазыўлары исенимли шыққан. Сен есик артында турып анық еситпегеннен кейин исенгенсең. Бул иплас ислерге бир нәрсе берип Гүлхатшаны да қосқан. Арақхор Арыслан менен биреўден бир нәрсе жырғанды жақсы көретуғын Гүлхатша екеўине жақсы ғана гонорар төлеген. Келген "Тез жәрдем"дегилердиң биреўи де Қонысбайға сатылған. Ол есиңе келтиретуғын дәриниң орнына уйықлататуғын дәрини аўзы-мурныңа жақсылап ғана қуйған. Буны емлеўханаға келгенде билдик. Бирақ, Арысланның сени урыўы планында жоқ екен. Олар сени бул ойынларға исенип сылқа түседи, ҳәтте, Қонысбайға ыразы болады, деп ойлаған. Гүлхатшаға күш бермей ишке кирип кетип, сыр ашылыўынан қорққан.
... Мен басым аўырғанына қарамастан түргелип отырдым. Өзим ушын да, Бахтияр ушын да қуўанышлы едим.
- Сөйтип не болды?
- Мен аудиомагнитофонды беккем услап жүрип, ишки ислер бөлимине қоңыраў еттим. Оларға жай-жағдайды түсиндирип, өзим сени алып емлеўханаға кеттим. Бул жерде сени алып қалды. Мен сорастырып Бахтиярдың үйине бардым. Ол жерде ата-анасын көрип ўақыяны айтып бердим. Аўҳалым мынаў, басқа детективлик етип жүриўге шамам жоқ. "Енди емлеўханаға да, ишки ислерге де өзлериңиз барасызлар" дедим. Ата-анаңның адресин билмеймиз. Енди сен тәўир болып кеткенше қасыңда әжапаң Нигара болады. Жаңағы Арыслан артисиң ҳәзир қамақта. Қонысбай да тергеўге қатнап жүр.
Мен олардың сыртынан ғарғап, бәлағатламадым. Бахтиярға қатты исенер едим-дә! Оны тезирек көргим келди.
Түстен кейин Бахтиярдың ата-анасы келди. Анасы мени баўырына басып жылап жиберди.
- Шырағым, бир бәледен аман қалғаныңа шүкир, - деди. - Саған қыйналаман деп Бахтиярымның ҳалы не кешер еди.
- Анасы, қой енди, жаңа өзине келе баслаған баламды және аўыртарсаң, - деп атыр әкеси.
Мен оларға миннетдар едим. "Керек емес, сонша нәрсени бир өзим не қыламан" дегениме қарамастан, бир сумканы босатып тумбочкаға тығып кетти.
Кеште Нигара әжапа келди. Ол маған жақын отырып сыбырлаңқырап сөйледи.
- Айнаш! Сен ҳәзир буларды Бахтиярға айтып жүрмей-ақ қой. Кейин бирге айтамыз. Тәўир болып шыға бер, сени оның изинен өзим апарып қайтаман.
Ол маған қарап-қарап гүмилжиңкиреп қойды. Мен қорқайын дедим. Демек оның айтпақшы болған бир нәрсеси бар.
Оның қолларына жабыстым.
- Әжапа, не гәп болса маған айта бериң жасырмай.
- Онда сен тәшўишке түспеўге ўәде бер, қорқпай-ақ қой.
- Ҳәммеси жайында, ўәде беремен!
- Бахтиярдың жүреги бийтап. Ол азарланатуғын ўақыяларды көтере алмайды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
29. 06
Raxmet, sizge de Qaraqalpaqstannan sálemler! 😊🤗🤝
Читать полностью…Yok bilmiyorum ama oraya gelip oraları görmek isterdim
Читать полностью…Maşallah burda herkes türkçe biliyor galiba😊👌
Читать полностью…Evet. Siz hangi şehirde yaşıyorsunuz?
Читать полностью…Әҳмийетли қатарлар
Суў шайғандай қумға түскен изиңди,
Өлдиң, кеттиң. Ким яд етер жүзиңди?
Ишпек, жемек, жасаўды төл жаратып,
Ҳәмме билер, өлмеслик ет исиңди.
💥💥💥
Сен тиледиң узақ өмир Алладан,
Узын жолдың соңын көрмес ҳәр адам.
Аз болса да саз болғанға не жетсин,
Ҳеш ким еки туўа келмес қайтадан.
💥💥💥
Умытшақпан дейип бир қарт налынды,
Еслеп билмем кеше жеген нанымды.
Ал биреўлер : Эй Қудайым, дәртимди,
Таң атқанда умыттыр деп жалынды.
💥💥💥
Ырысқалыңның орталап я толғаны,
Қанша гүл ашылып, қанша солғаны...
Бир нәрсе шын : Ҳеш зат тиймей дәннеңе,
Ақыр соңы ҳайт қоясаң, болғаны.
💥💥💥
Бара - бара қысып батыс ҳәм шығыс,
Саңлақ қоймай ўақыт шабар тып - тығыз,
Пурсат таппай тек турыўға сол заман,
Тыпыршылар өмир тез - тез, асығыс.
💥💥💥
Татлы дәм де, ашшы дәм де бул - "саўға",
Солар дәркар парқын билип асаўға,
Жаман адам болмағанда жақсылар,
Иши писип, зеригеди жасаўға.
💥💥💥
Ҳәмел, байлық - бир дийўана шапандай,
Несип етсе, менде, сенде болғандай,
Бул бир имкан, түп мәнисин сезбесең,
Тап өзиңди жутатуғын оқпандай.
💥💥💥
Елден туўып, елге мәдет әйлеген,
Патша, ханлар мәртебеси таў болсын,
Басқын, қырғын, урыс әдет әйлеген,
Журт басының гөр азабы саў болсын.
💥💥💥
Ел ғамында жасаў деген шәртлерге,
Әмел етиў - берилген шын мәртлерге.
Қыйпаң - қыйпаң, жағымпазлық - нәмәртлик,
Бундай нәмәрт жасай берер ҳәр елде.
💥💥💥
Инабатлы жаслар - алтын, зер теңи,
Мәмлекеттиң, ел, халықтың ертеңи,
"Бир бар екен, бир жоқ екен" деп турып,
Қам мақсетке жетпек - қыял ертеги.
💥💥💥
Бир яр көрдим, қолым жетпес бийиктей,
Үркип кетти сетем алған кийиктей,
Өмир бойы соны излеп жүриппен,
Сыртым пүтин, ишим дүткеш күйиктей.
💥💥💥
Даўасы жоқ бийреҳим дәрт бурғылап,
Таў шекеден ағып түсти жуп булақ,
Бул өмирде аз болса да бармекен,
Мени тыңлап, мақул дейтин бир қулақ?!
💥💥💥
Ҳасыл достым, жақын алып көксиңе,
Өсек етти журт мени деп өксиме,
Тили менен жүре берсин жер сүрип,
Сен қанат қақ, асып өтип шың төбе.
💥💥💥
Туўысқаннан артық келер дослар бар,
Бир жатырдан болған, бирақ өзгеше,
Ҳәр шаңлақта шыйрағы бар, бослар бар,
Қан тартпаған жанлар мисли мийгешше.
💥💥💥
Рәң - бәрәң гүл болғаныңда қапасы,
Жан кеўилдиң бул да заўқы - сапасы,
Гүл сүймеген турпайының ҳәр жерде,
Көп болады тикенектей жапасы.
💥💥💥
Басып кийген қара қарақалпағым,
Көп қалпақтан сулыў, дара қалпағым,
Ҳәр миллеттиң бас кийими болса да,
Жанға жақын мениң сара қалпағым.
💥💥💥
Китап оқыў қалды дейди үрдистен,
Әдебият талды дейди зор истен,
Сен яки мен басламасақ бул исти,
Қуры айтып қойыў аңсат тил, тистен.
💥💥💥
Ўа, аналар, туўа билсең минезди,
Туўмадың ба, оқтай етип перзентти?!
Ашшы зердең баўырымды мың езди,
Ал, көргенсиз етпес буған писентти.
💥💥💥
Қан қақсатып оны не бир заманлар,
"Ана" дейди тәбиятты адамлар,
Сөйте тура өз "анасын" ренжитип,
Ақ сүтине зәҳәр қатып тағамлар.
Бирақ оқдур - муң ананың ғарғысы.
Аўҳал қоржын, бул барыстың арғысы,
Билмей атыр, осамаслар қырқарын,
Өз дүньясын қолындағы жарғысы.
💥💥💥
Жан миллетиң киши ме я нәҳән бе?
Жол ашылды ҳәзир пүткил жәҳәнге,
Оқы, үйрен, дүнья тилин, илимин,
Бирақ елге қарсы минбе қәҳәрге.
Халқың - атаң, халқың - анаң, халқың - сен.
Билсең, халқың ҳеш бир елден емес кем,
Кемлик, хорлық - ғапыл жатқан уйқыда,
Сергек болсаң, сақ болсаң, пәнт жемессең.
Автор : Азат Даўышбаев
🔬Ассалаума Алейкум🔬
💥DIQQAT DIQQAT💥
🔴🔴🩻СИЗ🩻 🔴🔴
🩻12 оргынды тексерип 44 турдеги анализди шыгарып алыуды калейсизбе?
🩺Адам оргынынан 95% диагноз шыгарып бере алатын
🩺Россия алымлар тарепинен ислеп шыгарылган "РОФЭС" аппаратына
🩻Диагностик корикке мират еттемиз 🙂
✔️Психо эмоционал жагдайды аныклайды 🙂
🩺-✅ бас мийй
🩺-✅ стресс
🩺-✅ нерв тамырлары жагдайы
Органлар:
🩺-✅ Иммунитет
🩺-✅ Журек Кан тамыры системасы
🩺-✅ Омыртка кеселликлери
🩺-✅ Окпе
🩺-✅ Бауыр
🩺-✅ Асказан -ишек
🩺-✅ Зоб (эндокрин система)
🩺-✅ Буйрек (почка)
🩺-✅ Кууык-Сидик жолы кеселликлери
🩺-✅ Матка,Труба
🩺-✅ Простата безлери(Простатит)
🩺-✅ Грыжа
🩺-✅ От калта
🩺-✅ Курт- паразит турлери хам кайсы оргында жайласканын
🩺-✅ Тери кеселликлери
🩺-✅️ Психология
🛑КОНСУЛЬТАЦИЯ БЕРИУ БИЙПУЛ
🛑Жанеде бунда анык натийже аласыз
👨👧👦👩👦👦ПЕРЗЕНТИНИЗДЕ ДАКЛАР ПАЙДА БОЛЫП АТРМА, ИШТЕЙИ БОЛМАЙ, БИЙЖАГДАЙ БОЛЫП АТРМА ОНДАЙ БОЛСА, БИЗЛЕРГЕ ХАБАРЛАССАНЗ БОЛАДЫ.🪱🐛___❌❌❌❌ 😊😊😊
Улыумалык бахасы:
💸💸💸💸200.000 сум
Детскей: 150.000 сум
⏰Жумыс уактымз 9:00
18:00
🧑💻 Бир кун бурын регистрациядан отин 🏥🏥
🛑Манзилимз: НОКИС каласында хам ШЫМБАЙ районында жумыс алып барамыз😊😊😊
Тел: ☎️Dilbar
+998998868028
Жас екен, жайы жаннеттен болсын, жакынларына сабыр берсин 🤲🤲
Читать полностью…Kewil bildiriw
Usı jıldıń 26-iyun kúni Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universitetiniń Algoritmlestiriw hám baǵdarlamalastırıw texnologiyaları kafedrasi stajyor oqıtıwshısı, Nurlan Pirjanov 28 jasında dúnyadan ótti.
Ol 2023-jıldan baslap universitettiń Algoritmlestiriw hám baǵdarlamalastırıw texnologiyaları kafedrasinda jumıs islep, usı waqıt aralıǵında universitette kóplegen jámiyetlik jumıslarında pidayılıq kórsetip keldi.
Berdaq atındaǵı Qaraqalpaq mámleketlik universiteti jámááti marhumnıń jaqınları hám aǵayın-tuwısqanlarına tereń qayǵırıw menen kewil bildiredi.
Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
https://tahrirchi.uz/translator
jaqsı awdarmashı platforma shıg'ıptı
qáte awdarma islese sózdiń ústine basıp durıs varianttı saylasa boladı eken