qara_qalpaq_tili | Unsorted

Telegram-канал qara_qalpaq_tili - Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

748

«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til

Subscribe to a channel

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
"Не бәле, жолдың гедир-будыры көбейип кетти ме? Я өзим шаршадым ба екен? Бундай ўақытта адамға уйқы да душпан. Көзи жумылып, ашылмай киятыр. Азмаз көз илиндирип алсамбекен? Жоқ, онда қасқырға жем болыўым мүмкин. Не болса да жүриўим керек. Қалай болмасын жолды даўам етиўим керек. Қудайберген делбе болған адамдай усы тақылетте тентиреклеп жолдың ол жағына бир, бул жағына бир шығып келе берди.
Түнги тәбияттың да өз алдына сыры бар. Қалың тоғай тап уйқыда жатырғандай мүлгип турған менен де, оның арасындағы жанлы мақлуқлардың көпшилиги ҳәрекетте болады. Шегиртке шырылдайды, қус пытырлайды, шағал улыйды, қулласы буның ҳәммеси түнги тәбият сазы. Қасқыр улып, жолбарыс ақырды бар ма, онда бундай ақшамда жападан жалғыз жүрген адамның өз ийманын өзи үйириўден басқа илажы жоқ. Ҳәзиринше ондай ҳәрекет болмағаннан кейин Қудайберген тәғдирине мың шүкир етип киятыр.
Оны тек бир нәрсе қыйнап киятыр. Ол да болса тезден мәнзилине жетиў. Уйқы басып киятыр. Гейде узақ жол жүрип шаршаған оның аяғы өз бағдарына бойсынбас, бундай жағдайда ат туяғы менен арба дөңгелеги изи арасындағы ажырықларға соқлығып сүрнигетуғын еди. Усы сапары да тап сондай болды. Ажырыққа сүринип кетип көзин ашты. Көзин ашты да, және жумды, және ашты. Түсиме, оңы ма, көз алдында еки шүтик шыра көринип кеткендей болды. Жин бе, шайтан ба? Бул не өзи? Аўыл болғанда ийтлер үрген болар еди. Және бул шыра арба жолдың ғырра ортасында турыпты. Көзинен уйқы бирден қашып, жол үстинде ҳайран болып турып қалды. Соның арасында еки шыра жолдың ернегине тайсалып кеткендей болды. Енди арба жолда ҳеш нәрсе көринбеди. Сирә мени мәмелек айландырып турған жоқ па екен? - деди өзинше. Соның арасынша шыра тайсалған жерден бирден қасқыр улый баслады. Қасқыр улыды ма, ол жерден аман шығыў қыйын. Қудайбергенниң денеси бирден қалтырап кеткен еди. Дәслеп бир қасқыр улыған болса енди төрт-бесеўи бирден улый баслаған еди. Арба жолда шыралар саны көбейе баслағандай болды. Қоңыраттан басқа сыртқа шығып көрмеген жас жигит, түнде қасқырдың көзи шырадай жанатуғынын қаяқтан билсин? "Жәрдем бериңлер!" - деп бақырыўға жақын жерде адам бендеси жоқ. Оның үстине түн. Солай болса да жигит әжел тырнағынан қутылыў жолын излей баслаған еди. Қаншама ойлағаны менен жол шетинде өскен ғарры тораңғылдан басқа пана боларлықтай ҳеш нәрсе таппады. Қудайберген шаққанлық пенен тораңғылға өрмелеўге киристи. Қуслар патырлап уша баслады. Өз жемтигине тасланған қасқырлар тораңғыл түбине келип қалған еди. Олар өзлериниң тораңғылға мине алмайтуғынлығын билди, әлбетте. Бирақ өзлеринше бир кәрамат көрсеткиси келип, жерди тырнап, аспанға топырақ шаша баслады. Тоғай арасы бир дүбелей болды дейсең, тап қыямет қайым болып қалған сыяқлы еди. Демниң арасында тоғай да, жулдыз да көринбейтуғын дәрежеде аспанды қараңғылық қаплады. Қудайберген тораңғылдың әдеўир бийик жерине өрмелеп, бир үлкен шақаға беккем асылып алған еди. Ол дәслеп бул "қасқырлардың өзиңиң аўынан айрылғанына ашыўы келип айбат шегип атырғаны шығар" деп ойлаған еди. Жоқ, арадан әдеўир ўақыт өтсе де, қасқырлар топырақ шашыўды тоқтататуғын емес. Енди олар топырақты аспанға шашқанды пайдасыз көрди ме, тырнақлары менен тораңғылдың түбин қаза баслады. Қудайберген төменде тап қәндек қазылғандай топырақ үйимин көрип қорқып кетти. Ырасында да, қасқырлардың бул қазыўы болса, тораңғылды узаққа қалдыратуғын түри жоқ. Енди не қылсам екен? Оның көз алдына ғәрип анасы елеслей баслаған еди. "Усыннан мен қасқырға жем болып, Бийбижамал басқыншылар қолында кетсе, сорлы анамның күни қалай болар екен? Қудай сақласын!" - деди өзинше және бул пикиринен қайтып.
Бозарып таң ата баслады. Қудайберген енди атып киятырған таңға үлкен үмит пенен қарады. Ал, төменде болса "Ханжаптың қазыўы" қазылып атыр. Ҳеш дем алайын демейди бул үйи күйгирлер!
Соның арасынша тораңғыл теңселди. Енди өмирден үмит күтиў пайдасыз. Өлими алдынан бир тойып жылап алмақшы еди, бирақ көзине жас келмеди. Шамасы қасқырлар тораңғылдың ең жуўан тамырын үзе алмай атыр. Әне, кетти. Жоқ, бир майдан болса да, еле өмирим бар екен.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
08. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bereket tapqaysız. Saw bolıń!!!

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

📸 Күн фотосы

Португалия ҳәм Франция ойынына Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағын алып барған жерлесимиздиң сүўрети жәрияланды.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

ASSALAWMA ALEYKUM!
📣📣QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN MILLIY SERTIFIKATQA TAYARLANÍWDÍ QÁLEWSHILER DÍQQATÍNA!📣📣

SIZLERDI  IYUL AYINDA (1-iyul) BASLANATUĞÍN ONLAYN TAYARLÍQ KURSÍMÍZĞA MIRÁT ETEMIZ.🗃🔒📚📚📙📙
KURSÍMÍZDA QARAQALPAQ TILI HÁM ÁDEBIYATÍ PÁNINEN

✔️-GRAMMATIKA;
✔️-ORFOGRAFIYA,ORFOEPIYA;
✔️-PUNKTUACIYA;
✔️-QOSÍQ TEORIYASÍ;
✔️-ÁDEBIYAT TEORIYASÍ;
✔️-OQIW SAWATXANLIĞÍ;
✔️-JOQARÍ DÁREJELI ESSE JAZÍP ÚYRENIW;
✔️-SERTIFIKAT ÚLGISINDEGI DIAGNOSTIKALÍQ TESTLER t.b ÓZLESTIRESIZ.🤩🤩🤩🤩

SABAQ HÁPTESINE 3 KÚN BOLADÍ. 👩‍🏫👩‍💻

KURS DAWAMLÍLÍĞÍ 2 AY.
BAHASÍ AYÍNA 160 MÍŃ
ORÍNLAR SANÍ SHEKLENGEN. ASÍĞÍŃ.📣📣📣📣

Kópshiliktiń sorawları boyınsha sabaqlar 1-iyuldan baslanadı. Jazılıp úlgerip qalıń
Maģlıwmat ushın tel: 90 702 04 21
@Dili_0421
/channel/milliy_sertifikat_qq

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

https://youtu.be/CQzJw0XNxfk?si=AcIey4kxOQjc_MRu

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Таласып емшек емискен қарындасыңды "хан салығы" деп көз алдыңда шырлатып алып кетсе, оннан артық дүньяда не мүсийбет бар?! Ҳаў, бурын салық деп малды, таўықты алатуғын еди. Енди адам алатуғын болды, бул залым хан! - деп емиренип отыр.
Қалғанлары - Қулман менен атқосшы Сәлмен.
Қулман бул жерге басқа ҳеш кимди изеп бастырмай, бөлмеге тек Сәлменнен басқа адамды киргизбей отырғанынан-ақ, олардың үлкен бир мәселени шешпекши болып атырғаны аян еди. Қулман есикке бир муқыятлап қарап алды да, дастурханнан бир пәтирди алып онға бөлди.
- Бурыннан соң ата-бабаларымыз бир уллы исти баслаўдан алдын ант ишискен. Дүньяда наннан уллы нәрсе жоқ. Егер қайсы биримиз антты бузсақ нан урсын! Биссимилла! - деп өзи нанның бир бөлегин алып жеди.
- Сизлер де алың!
Ҳәмме тийисли нанды алып жей баслады.
- Әне, бул басқа гәп! Әзизлерим, мен сизлерди бул жерге жыйнағандағы тилегим соннан ибарат: аллатаала адамды жаратқандағы мақсети - дүньяда бир биреўге жәбир бермей, қыянет етпей жасаў ушын шығарған. Жақсылықты да, жаманлықты да ислейтуғын адам. Башарти сондай екен, басшы болған адамнан ҳәмме ўақыт жақсылық күтиледи. Хийўаның ханы бизге жақсылық етти ме? Жоқ. Бизлердиң ҳәммемиз де жүреги жаралы адамлармыз. Мал-мүлкимиз өз жайына бара берсин, жигербентимиз-қызларымызды тартып алды. Бул не деген сумлық?! Оған мынаў Қутлымурат инақ жәрдем берип атыр. Қулласы, өз ханымызға ийе болыўымыз керек. Қоңырат өз алдына хан болғанда не, ҳәси кете ме? Патша болатуғын адам хан тухымынан болғаны мақул. Оның да режесин дүзип қойғанман. Мына Муҳаммед Пана ҳәзиретлериниң жетинши атасы Түркстанда хан болған адам. Пана хан елге әдил хан болсын, буған бахыт тилейик. Аўмийин! Қәне, қолларыңызды көтериң! Бул еле истиң басламасы, Қутлымурат инақты жанынан жуда қылыўымыз дәркар. Бул исти Қудайберген менен Сейтим өз мойнына алады, - деп жупыны отырған еки жигитке гезекпе-гезек қарап Қулман есеңкиреп тоқтап қалды.
- Булар екеўи де, - деди усталарды көрсетип, - Қаланың арқа жағындағы қорғанның қулаған жерин өрип атыр. Пайытын таўып, инақты сол жерге баслап бараман. Қалған жағын өзлери биледи... - Қулман белбеўиндеги пышақты қынынан алды да, дастурхандағы алманы шорта кесип жиберди.
- Солай... шырақларым!
2.
Қудайбергенниң әкеси Әжимурат шабандоз туўды-питти Қанлыкөлдиң турғыны еди. Жети бабасынан берман қарай шарўа. Пирман бай жылқыманынан жүдә ыразы еди. Соңғы ўақытта үйирди тек Әжимуратқа тапсырып, жылқы менен иси болған жоқ. Қанлыкөл жылқы жайылымы ушын қолайсыз болғаны ушын, жылқыманлардың гейде Үстиртке де шығып кететуғын ўақытлары болатуғын еди. Сол жылы қыс дым қатты келди. Дәслеп жаўын, оның изи қар, соңынан және буршақ, және қар жаўып, жердиң ҳәммеси музғала болды да Әжимураттың соры қурыды. Қар аралас даўыл болып, бир үйир жылқы шығынып кетти. Бир апат болса үсти-үстине бола береди екен, ол да аздай таўдың түсерлигинде отыз сегиз жылқы бирден музға тайып өлди. Әжимураттың жүзи бөздей ағарып кетти. Жылқысынан айрылып ишқыста болып отырған бай оны бул сапары аяған жоқ әлбетте, таяқ пенен урып өлтирди. Әкесине енди ғана илесип, жылқы қайтарысып жүрген үлкен баласы Жаңаберген жаңа ғана он жетиге шыққан еди. Ол да Пирман байдың таяғының астында шырлап қаза тапты. Бахытсызлыққа ушыраған ата-баланы аўыл адамлары түнде жерлеп қайтты. Ат туяқларының дүсирлиси де тынып, аўыл иши боп-бос, әндийшесиз болып қалғанға усар еди. Бирақ, ел шетиндеги қамыс қоста, кешки самал менен ыңыранған зарлы сес көп ўақытларға шекем тынған жоқ. Бул Әжимураттың зайыбы Өтебийке еди. Өтебийке күйеўи менен баласының ҳүрейи ушын аўылда қырқ күн турды да, қырқ биринши күни көрпе-төсегин ешекке теңлеп артып, кишкене баласы менен қызын жетеклеп жолға шықты. Негизинде қаяққа баратырғанлығын оның өзи де билмес еди. Төркини дәрьяның арғы жағы, Шымбай әтирапы. Жарлының не көрген күни бар? Еки ағасы теңнен аталыққа жаманлы болып айдалып кетти. Олар қаяқта екенин ким билсин? Сонда ол жақта булардың маңлайынан сыйпағандай ким табылар дейсең? Не болса да өз маңлайынан көрежақ. Ендиги бағдары - Қоңырат.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Birew telegraminizga jalgangan endi oni shigarip taslawiniz kerek boladi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

ótirik ashpań ornatpań

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

#jańalıq

📚 «Google Translate»ke 110 jańa til qosıldı. Solardıń arasında bes túrkiy tili de bar. Olar: chuvash, qırım tatarı, bashqurt, tuva hám yakut tilleri.

📚 Aldınnan bar bolǵan túrkiy tilleri: ázerbayjan, qazaq, qırǵız, ózbek, tatar, túrk, túrkmen hám uyǵır tilleri.

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз
Повесть
Биз сөйтип бир-биримизди бир көриўден сүйип қалған ашықлар, басымыздан көп нәрселерди кеширип, жети жылға шамаласқанда бир-биримизге жетистик. Ата-бабаларымыздың "Сабыр түби - сары алтын", "Сабырлы жетер муратқа" деп нақыллатып уқтырғанындай, шыдамлы, тақат-төзимли болыў ҳәр кимди де арзыў-нийетине еристиреди. Биз де усындай муң-тәшўиш, дәртлерди жеңе отырып, есейип, өмирден өз орнымызды тапқанбыз. Аўа, бизлер жаслық дәўиримизди солай өткерип, солай сүйгенбиз.
* * *
Бул көпке, әсиресе, жасларымызға ибрат боларлық пәк муҳаббатты басқаларға қолымнан келгенинше көркемлеп жазып, оқыўшыларым дыққатына усыныўға ҳәрекет еттим.
Мен Айнажемалдың муҳаббат тарийхын өзи айтып бергениндей, толық тәрийплей алдым ба, билмеймен. Себеби, оның жумыс ислеген тараўы маған бираз бийтаныслаў еди. Исенимсиз болып шығыўынан қорқып, сол кәсипте ислеген бир нешше ҳаял-қызлар менен сәўбетлестим. Мен оларға берген жол-жобалары ушын миннетдар екенимди билдиргим келеди.
Автор сыпатында және де айтажағым, қызлар, биреўди сүйдиңиз бе, шын жүректен сүйиң, жанып сүйиң, тек те бир мәрте сүйиң ҳәм муҳаббатыңыз ушын гүресиң. Муҳаббаттағы садықлық, турақлылық қандай күшти де, ҳәмме-ҳәмме нәрсени жеңип шығатуғынын умытпаң!

2022-жыл, октябрь.

Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Бир тойдағы ойлар

Ески танысымның қутлы үйине,
Кеўлиме йош берген сазлы күйине,
Барған едим тойға жаным сүйине,
Бир ғәлет ҳәдиске дус келдим, дослар.

Тойда жаңлағаны сәўбет, саз еди,
Кеўлим бәҳәр еди, кеўлим жаз еди,
Не айтса ҳүжданың, соны жаз енди,
Деген ой үстине дус келдим, дослар.

Бул бир өкпе емес я гийне емес,
Жипке дизилгендей мың ийне емес,
Бирақ, шайыр болған ҳасла пәнт жемес,
Ҳәр сөзди мақсетке дүзедим, дослар.

Дастурқан жайылып қонақлар келди,
Достымда кемис жоқ, сыйлады елди,
Мийманлар заўықлы, сәўбетлес еди,
Мен ҳәм сәўбетлесип отырдым, сонда :

Бир байбәтше кимсе, қолында қадақ,
Және бир қолында ақша шықырлап,
"Эй шайыр, берман қара" деди де бизге,
Лық - лық атып турды сур көзин қадап.

Айтты ол : Сизлерге ҳайран қаламан,
Сөзиңди тыңласам мен аш боламан,
Қурғақ сөзден қурғақ дүнья жыйнайсыз,
Ал мен, мине, пулдан дүнья саламан.

Болар - болмас гәпти сандалағанша,
Гейде мақтап, гейде жаманлағанша,
Қам қыял, қам ойды базарға сатсақ,
Жуўап бер, баҳасы, пайдасы қанша.

Шайыр - ақырзаман, қапылтып үйе,
Түйеден түймени, түймеден түйе,
Шыбыннан бир пилди, пилден шыбынды,
Қопсып жасап алар, жаныңа тийе.

Хошла десең, сөздиң майын ағызар,
Түйре десең, тилден зәҳәр тамызар,
Қулласы кәлам, сол шаш қалып басты,
Тәннен журдай етер жақпас жағы бар.

Билмедим, я тентек, яки саў жилли,
Ышқыпаз, қыялпаз, бир арсыз тилли,
Ақшам жырбаңлайтын ойнаслары бар,
Илҳам дермиш, иси, түси бир түрли.

Не азап түнлерде уйқыдан қалып,
Гүбирленип, қызып қосықлар жазып,
Бул ҳәм кәйиппекен, бул ҳәм тамақ па?
Бәрҳәма жүргени ийттейин азып.

Оннанша пайдалы талапты исле,
Алтын тислер менен сом жилик тисле,
Қалтаңда қопырайған ширўаның болса,
Қол созып жүрмейсең ҳеш бир кисиге.

Қосшым, бас ислесе, ақылымды ал,
Шайырлы не?.. бул бир аянышлы ҳал,
Ышқыға - пышқыға берилип соңы.
Пушайман ишинде қалма, бирадар.

Деди де, қадақты изли - изинен,
Араққа толтырып ишти, ал бизден,
Аўҳалды сорасаң, ишимде ғәзеп,
Жалындай лаўлады отлы сезимнен.

Бирақ, илле дейип аўыз ашпадым,
Намақул жолларға қәдем баспадым,
Сөз қәдирин билмес ақмақ, наданға,
Бир де сөзлеримди заяламадым.

Топас болса зейни, бизде не айып,
Ийт боп үре берсин ғайыптан тайып,
Мәйли, паңлай берсин не тапқанына,
Ал, мендеги байлық - ҳақыйқый байлық.

Жасаўдың мақсети ишип - жеў болса,
Қурсағы қампайып, боқлыққа толса,
Оннан қала берди аўзын толтырып,
Лық - лық атып журтты ақылландырса...

Бундай тәкаббирге, бундай әссиге,
Сөзлериңди айтып зая етпеге,
Асықпа кеўилим, түңилме кеўлим,
Шайырлық әлемнен аңсат кетпеге.

Қыйын емес минген текшеден түсиў,
Шайырлық бул - ҳадаллық ушын гүресиў.
Қолыңда қәлемиң - өткир қуралың,
Мақсетиң - халқыңа, елге бирлесиў.

Биреўлерди көрип шүкир еткендей,
Биреўлерди көрип пикир еткендей,
Бейимлесер ҳәр ким бес күн өмирге.
Бул дүньяға бир дем келип, кеткендей.

"Ғарға ғақ дегеннен қыс келе қоймас".
Сөзлериң зер болса, баҳасын жоймас,
Суўдай тасқын болсаң, таўдай саўлатлы,
Ая кеўлим, мәртлер гүреске тоймас.

Деген ойдың қурсаўында күйине,
Қайта бердим зыянсыз өз күйиме,
Бирақ, өзим бир нәрсени серт еттим,
Жолама деп, топас байдың үйине,
Шүкир еттим, өз исиме сүйине.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әрманым сағымдай жалт - жулт алыста...

Әрманым сағымдай жалт - жулт алыста,
Турмыс ғалма - ғалы - бәйги шабыспа,
Ойым алабурқан, зәңги қағыспа,
Наятый қағыста, асаў ағыста,
Мен де бир жан киби кетип бараман,
Несийбемди шөплеп аўыр даладан.

Тәғдир сызған жолын қылса да өрмек,
Мүддәҳам сол : елдиң ығбалын көрмек,
Мениң кирер жайым - халық атлы жүрек,
Усы мәкан ишре қайғы, дәртим тек -
Сабақ алып өткен ата - бабамнан,
Журтқа сарай салмақ ақыл, санамнан.

Бундай сарай қурды не бир уллылар,
Оны мисе тутпас нобай пуллылар,
Өткинши дүньяға болса қунығар,
Ал мениң мақсетим - мәңгилик жырлар,
Жүрек жырларыма қәлем тартаман,
Шамам келгенинше ел деп жортаман.

Мың ой сүрип соннан бир ушқын тапсам,
Өмир ышқысында ошағын жақсам,
Күндиз мисли қуяш, ай киби ақшам,
Муң сирескен жанға нур болып бақсам,
Зәрре өкинбестен усы арадан,
Кетер едим, пәрман келсе Алладан.

Билмем, дуздәмектен не асаўым бар,
Қанша көрим көрип ҳәм жасаўым бар,
Жан руўҳымда жипсиз бир тусаўым бар,
Соны қыя билсем, мингеним озар,
Тоқсаўылға тоғып өтсе аламан,
Ел дәртинде мен де қулдырап бараман.

Бүлбилдейин сайрап, шымшықтай екшеп,
Тарыдайын шашқан рысқымды шөпшеп,
Гүди емес, мәйли, болса да гүдшек,
Қосық атызынан үйермен қырман,
Сағым тартып жалт - жулт етсе де әрман.

Бир қозғалаң даўыл шүў деп жортқанда,
Көкте көкше бултлар көшин тартқанда,
Таўдың қабағына думан қатқанда,
Қулан ийек артқан үмитли таңда,
Нурлы шүкирликтен қуўат аламан,
Елдиң жүрегинен бир жай табарман.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
Ноябрьдиң орталарында күткен күн де жетип келди. Әжапа жумысқа қоңыраўлады. "Таярлан, дүйшембиде кетемиз. Билетти сөйлесип қойдым, бүгин барып паспортыңды алып кетемен".
Мен қуўанғанымнан секелек атқым келип кетти. Москваны тек телевизорда, сүўретлерде көргенмен. Енди бул қалада мениң жүрегим, барлығым, дүньям - Бахтияр менен бирге боламан.
Оның жүрегине операция исленгенин де кетерден сәл алдын еситтим. Қасында әжағасы болыпты. "Сен енди тойды тезлет деп асықтырып жүрме. Оған бираз ўақытқа шекем үйлениўге болмайды" деп атыр әжапа.
- Мен ҳәммесине қайылман. Ең баслысы, Бахтияр аман болса болды.
- Сен жақсы қызсаң, Айнаш, - деп әжапа маңлайымнан сүйди.
Сағынысып көрискенди айтпай-ақ қояйын. Оны бир-бирин узақ ўақыт көрмей күткен ашықлар ғана биледи. Болған ўақыялар ҳаққында ҳеш қайсымыз, ҳеш нәрсе демедик. Кеткенше мен өзимди алып қашыңқырап, оны эмоциядан сақлаған болдым.
- Бул неси, өзи, сенде өзгерис бар ма, қалай? - деп сәл өкпелеңкиреген болды ол.
- Ержеткен қызларды өзиң билесең, сәл меннен алысырақ жүрип сақланбасаң, басыңа көп нәрселер түсип қалыўы мүмкин.
Қулласы, биз көп ойласықтан кейин тойды бәҳәрге қоймақшы болдық. "Ҳәр иске шешим қабылларда қуда қәлесе деп айтыңлар" дей беретуғын еди анам. Биз оны ырымшыллықта айыплар едик. Усы нәрсе дурыс болса керек. Биз күткен бәҳәр келип, Бахтиярдың ата-анасы, жақынлары үйге жаўшылыққа барыўға таярланып атырғанда, он бес жасар сиңлим тосаттан қайтыс болып қалды. Айтыўларына қарағанда, ыссы жерде турып қалған, пайдаланыў мүддети өтип кеткен "Кола" ишкен екен. Оны да соң билген. Ол соннан зәҳәрленип дәслеп сыртына, кейин аўзының ишине шекем жара басып, бары-жоғы бир ҳәптеге жетпей атырып оннан айырылып қалдық. Ўақытты өткизип барғаннан соң исленген емлер де тәсир етпеген.
Мен қатты түскинликке түсип, бахытлы күнлерден гүдеримди үзерлик дәрежеде жүдә қапа едим. Сиңлимниң жүзи өткеннен соң, болажақ ата-енем жақынлары менен барып ата-анамнан руқсат сорады.
Олар көп ойланып, мәйли, онда қызды үйден той-мерекесиз, музыкасыз алып кетесиз, депти. Биз тойды Гүлжанның жылы өткеннен соң беремиз. Қуда шақырық, күйеў көрди, бәри де сонда болатуғын болған.
Басларына түскен қайғы-ғамнан ата-анам да өзлерин жоғалтып қойып еди. Ең болмаса, бир қыздың бахытлы болғанын көрейик, десипти байғуслар.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Наржан Атабаева
Биз, солай сүйгенбиз...
Повесть
Мени қара уўайым басты.
- Туўма порок емес пе?
- Яқ, туўылғанда жүреги аттың жүрегиндей күшли болған, соң...
Ол үй ҳайўанларын жақсы көретуғын еди. Төрт-бес жасларында қоярда-қоймай күшик алғызды. Көзлери думалақ, қап-қара моншақтай, жүнлери аппақ ғана кишкене пародадан шыққан ойыншықтай ғана күшикти көргенде ол қуўанғанынан секирип-секирип ойнады. Ол адамларға үйреткендей барлық билген нәрсесин күшигине үйретер еди. Күшик те айтқанына түсине береди. Аппақ күшик үйимизде бир жыл жасады. Бир күни Бахтиярға ерип шығып, көшеде машина қағып кетти. Бахтияр қатты қыйналып аўырып қалды. Ол ишпей-жемей қойды. Оған "өлген күшигиниң орнына басқа, оннан да сулыў күшик әкелип беремен" деген сөзлерге қулақ салмады. "Енди басқасы керек емес" деди. Ол көп жатты. Сол сапары қатты қапашылықтан болса керек, шыпакерлер оның жүрегинде өзгерис барлығын айтты. Муштай бала өзинен микроинфарктти өткизген екен. Оны жүдә абайлаў керек еди. Ҳеш ким оның тилегине қарсы шыққан емес. Ата-анам оны мәйекти пахтаға орап сақлағандай абайлап өсирди, бирақ ол да буннан пайдаланып жүдә еркетай болып өспеди. Ол ҳәмме нәрсеге өзиниң көзқараслары менен реал қарайды. Және бир нәрсени айтыўым керек. Бахтиярға айтып жүрме. Ол усы тараўды бийкарға таңлаған екен. Шайырлар, жазыўшылар, актёрлар, қулласы, йоштың ғана емес, эмоцияның да адамлары.
Толғаныўлар, айрықша сезимлерге берилип кетпеў, оның үстине муҳаббат оның жүрегиндеги питип кеткен жараны қозғап жиберген болса керек. Бир-еки жылдан берли оның жүрегинде және өзгерислер бар деседи. Докторлар операция ислеў кереклигин уқтырған. Болмаса сизлердиң тойыңызды да кешеги рет әжағамлардың тойы менен қосып берип жибериўге болатуғын еди. Сениң сабырсыз қыстаўларыңнан кейин ол және қолайсыз жағдайға түсти. Әйтеўир Айнаш мен туўралы басқа нәрсе ойлап жүрмеспекен, деп қатты қыйналды.
Тоба, ойыма кирип шықпаған нәрселер. Өзиме айтса болады ғой. Мейли, мен оны неше жыл болса да ғыңң деместен күте беремен.
- Ҳәзир үйленсе де бола берер еди-дә. Лекин, эмоциялар оның жүрегине тәсир қылады.
- Операция қашан?
- Билмедим, операция ислене ме яки медицинасы жақсы раўажланған бир шет елге жиберип емлетип ала ма, еле бир шешимге келинген жоқ. Оның үстине, ойламаған жерде сен мынандай аўҳалға түсип қалдың...
Мен әжапаны еплеп қайтарып жибердим. Кейин оның менен бирге басымыздан өткенлерди бир қатар ойлап, көз алдымда елеслете басладым.
Ол биринши мәрте он биринши класында мени роль ушын сүйгенинде (өзиниң айтыўы бойынша биринши рет қыз баланы сүйиўим еди дейди) оның жүрегиниң пытырлағанын сезгенмен. Екинши рет мени кинодан кейин жетелеп алып шыққанда, ишки тыртық сыртқа шықпай турып деп, өзин мәжбүрлеп сүйдиргенде де оның жүреги сондай болып пытырлап еди.
Мен ҳеш нәрсе билмейтуғын тәжирийбесиз қыз, өзи жигитлер сүйген ўақтында усындай болып турса керек, деп ойлаппан.
Үшинши рет оны қыйнап, ғарры қыз болғанша күтип отыра беремен бе, деп бопса қылып қыйнағанымда ол талып қала жазлады. Оның дәри пайдаланып жүргенин билсем де, анықлап сорамаппан ғой мен аўыш. Уятын айтсаң-о, тап бар мақсетим тек байға тийиўден ғана ибарат болғандай.
Мен өзимниң ҳәзирге шекем жүдә сада ҳәм ҳәммени өзимниң тасым менен өлшейтуғыныма енди арым келейин деди. Мынаў жатысым садалықтан, бир арақхорға басымды жарғызып.
Тигисин алғанда бираз қыйналдым. Әжапа келди. Мен енди оған ойластым. Мен ойланып-ойланып ақыры арза жазбайтуғын шешимге келдим. Мәйли, олар қалай жазаланса солай жазалансын.
Емлеўханадан шыққаннан соң мийнет дем алысымда квартирамда жаттым. Аўылға кетпедим. Кеўил жақынлар хабар алып турды.
Қонысбай жумыс орнынан босатылды. Арыслан бийгүнә бир қызға қастан жарақат жеткизгени ушын жазаланды.
Бахтияр менен қоңыраў етисип турдық. Енди мен оны "қашан келесең?" деп қыйнағанды қойдым. Ишимнен "аман болсаң болар" деп тилер едим. Оның ата-анасы меннен хабар алып турды. Үш ай өтти. Бахтияр келейин демеди. Әжападан сорайман, ол "Шыдап тур, бирге барып қайтамыз" деўден арман өтпейди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
30. 06

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Sentyabr da havalar nasıl olur orda?

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Белгили уста болғаны ушын Қудайбергенниң аўҳалы басқаларға қарағанда тәўир еди. Лекин бир ҳәпте бурын бул жерде де аянышлы ўақыя жүз берди. Суўға баратырған Бийбижамалды жолдан өтип баратырған хан нөкерлериниң бири қушақламақшы болады. Бийбижамал қашады. Сөйтип жүрип суў қабағын сындырып алады. Ашыўланған нөкер қыздың изинен қалмайды. Үйине киятырған Қудайберген бул ўақыяның үстинен шығады да нөкер менен алысады. Кеште Қудайбергенди нөкерлер үйинен тутып алып кетеди. Өтебийке үйиндеги бар мүлкин сатып, сардарға елиў тилла ақша берип, баласын қутқарып алған еди. Ҳәзир болса бул үйде еки тиллаға арзыйтуғындай зат қалмады. Соның ушын да ол:
- Бала жумыста, шырақларым. Үйде арзыйтуғын ҳеш нәрсе жоқ, - деп ғана айта алды.
Бирақ миршаблар бул сөзди тыңламады. Үйдеги ҳәмме нәрсени аўдар-теңкер етип көрди. Ең соңынан бир миршабтың көзи Бийбижамалға түсти де:
- Неге жоқ? Мине, мына қыз нағыз ханның ҳәремин безейтуғын гөззал емес пе? Хан ҳәзиретлери қәлемесе Гүрленге апарып бес тилла емес, жүз тиллаға сатып жиберемен, тоқсан бес тилласы өзиме пайдаға қалады. Алып шығың! - деди аш қасқырдай анталап турған нөкерлерге.
- Тиймең қызыма! Ол Әжинияз шайырдың қалыңлығы. Ертеңге шекем қалдырың баламды, берекет табың. Мен сизлерге керек тилланы таўып беремен? - деп жалынды кемпир.
Бирақ миршабтың бир тепкисинен-ақ ол еси аўып жығылған еди. Бийбижамалдың өз тәғдирине қорлығы келгенлиги соншелли, пүткиллей сести шықпай қалды.
Қудайберген кеште жумыстан келгенде өз көзине өзи исенбеди. Үйдиң иши сондай былғасып кеткен, сынбаған нәрсе қалмапты. Төрде ыңырсып атырған анасын көрди де, оған бир кесе суў берди.
- Қурыдық балам! Миршаблар Бийбижамалды алып кетти.
- Неге?
- Бес тилла салық бериўимиз керек екен. Үйден ҳеш нәрсе шықпады. Кейин Бийбижамалды алып кетти. Биресе ханның... Биресе сатып пулын салығыңа өткиземен дейди. Түсинбедим.
- Эҳ, опасыз дүнья! - Қудайберген өз мушын өзи кемирер еди.
Ана, бала әдеўир үнсиз отырды. Соңынан Қудайберген орнынан турды да:
- Мен кеттим апа, өзиңе ықтыят бол, - деди.
- Қаяққа?
- Әжинияз ағаны көриўим керек.
- Дурыс ислейсең балам. Әжиниязжанның буннан хабары жоқ. Елде абырайы бар жигит, мүмкин алып қалар.
Ендиги үмити тек Әжиниязда ғана болған Қудайберген үндеместен есиктен шығып кетти.
3
Әжинияздың аўылы Қоңыраттың арқа бетиндеги "Қыят жарған"ның сағасында еди. Қудайберген бурын бул жаққа шығып көрмесе де, жүрегин ыза кернегенликтен алды түн болса да тезден усы аўылға жетип алыўды өз алдына мақсет етип қойды.
Күн әллеқашан батып, әтирапты қараңғылық қаплаған еди. Аспанда сан-санақсыз жулдызлар жымыңлайды.
Қудайберген арба жолдың ғырра ортасында ентелеп жүрип киятыр. Ақшам жүргеннен кейин жол әдеўир қорқынышлы. Қоңырат әтирапының ҳәммеси сыңсыған тоғай. Шағаллар аўыл ийтлерине араласып, күнде биреўди қасқыр талап, биреўди доңыз жарып атырған мүсийбетли ўақытлар еди. Таңды күтип отырыўға пурсат жоқ. Таласып емшек емискен қарындасы Бийбижамал усындай аўҳалға түскенде Қудайбергенде тынышлық болар ма еди. Бойын ыза кернеген жигит бул қорлыққа шыдап отыра алмады. Қолында бир кеспелтектен басқа қуралы болмаса да ашыўға буўлығып киятыр. Шаршады ма, шөлледи ме, сезбей киятыр. Анда-санда тоғай иши патырлап кеткенде ғана мойнын созып қарайды. Бул, әлбетте доңызлар падасы болыўы керек. Оның менен Қудайбергенниң иси жоқ. Тек Әжиниязды ғана ойлап киятыр. Ол Әжинияз бенен былтыр танысып еди. Ақыл-парасатлы жигит. Сөзге шешен, жас болса да көп нәрсени биледи. Адамгершилиги де бәлент екен. Енди Бийбижамалдың бахты ашылатуғын болды, деп ойлап жүрген еди. Тәғдирдиң қырсығына қара. Изи бундай болады деп ким ойлаған. Қудайберген менен Бийбижамал егиз қозыдай болып, бир-бирине еркелеп өскен еди. Соның ушын да усы ўақытқа шекем бир-бириниң зейнине тиймеди. Усыларды ойлаған ўақтында ол ерксиз жылағысы да келип кетти. Не шара, изи усылай болып қалды. Тәғдирге тән берип, қол қаўсырып отырғаннан да пайда жоқ.
Түн ярым ақшамнан аўған еди. Қудайберген шаршағанын сезди. Аяқлары тайғанап, гейде сүрнигип, жығылып барып қалған ўақытлары көбирек ушыраса берди.
(Даўамы бар)
t.me/BaxitliSaribaev
07. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Әжайып, саў болсын жерлесимиз

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Әжинияздың Хийўадан келгенине де он жылдай ўақыт болып қалды. Бул жылларда оның басына көп саўдалар түсти.
Әжинияз аўылдағы ең гөззал Гүлзада исмли қызға ашық болған еди. Гүлзаданың гөззаллығы аўылдағы бий ҳәм бай балаларының да жүрегин өртеп, оны қалай болмасын Әжинияздан тартып алыў жолларын ойлар еди. Бирақ қыз шайырға садық болғаны ушын ҳеш ким оны қолға түсире алмады. Ақырында Қулмурат бий менен Қалмурат байдың балалары Әжинияз Хийўада жүргенде қызға қатты жәбир етти. Бундай азапқа көнбеген Гүлзада өзин үкиге таслап өлген еди. Бул ўақыяда өзлериниң балаларының қолы бар екенлигин сезген бий менен бай қылмысты Әжиниязға жаўып жиберди. Бул ҳижран дағына ҳәм жалаға шыдай алмаған шайыр қазақ арасына, Оренбург тәреплерге бас алып кеткен еди.
Әжинияз ол жақлардан келгеннен кейин де Гүлзаданы умыта алмады. Оған Гүлзададан басқа қыз унамайтуғындай узақ түнлер китабын баўырына басып, ойланып жататуғын еди. Анасы: "Балам, енди жас емессең, отыздан өтип кеттиң, мен де келин жумсап, ақлық сүйгим келеди" дегеннен кейин Әжинияз бираз ойланған, бирақ өзине ылайық опадар яр табалмай әўере сарсаң еди. Ханжаптың көпиринде Бийбижамалды көрип қалғалы оның сабыр-тақаты жоғалды.
Қудайбергенлер менен қоңсы отырған Әжинияздың темирши уста дайысы да бул ўақыяға себепши болған. Ол Бийбижамалдың Әжиниязға мүнәсип екенлигин сезген еди.
Жуманазар ақсақал гәптиң туўрысынан келди:
- "Мал мөңирескенше, адам тиллескенше", деген заманлас. "Ул уяники, қыз қыяники", бизде ул, сизде қыз бар екен, қызыңызды сорап келдик, - деди салдамлы.
- Қызым еле жас ғой, шырақларым. Биз еле қызымызды ержетти деп жүргенимиз жоқ еди, - деп жуўап берди Өтебийке.
Ол бир қарағаннан-ақ адамның парқын аңлайтуғын данышпан кемпир еди. Ақсақалдың қапталындағы еки жигиттиң қай-қайсысын да шеп көрип отырған жоқ. Соңынан күйеў баласының белгили шайыр Әжинияз екенлигин билгеннен кейин пүткиллей албырап қалды.
- Мыналарды кийип ал, қызым, - деп аршадағы Бийбижамалдың таза кийимлерин де алып келип берип жүр. Сүтин ишип күн көрип отырған ылақлы ешкиси бар еди, оны да сойдырып таслапты.
Ал, Бийбижамал оннан да қуўанышлы еди. Анасы:
- Разымысаң? - деп сорағанда есеңкиреп ҳеш нәрсе айта алмады.
Аўқат жеп, шай ишилип болынғаннан кейин, Әжинияз бенен Бийбижамалдың бахытлы болыўына пәтия оқылды.
- Қыз айттырғанның айыбы жоқ, - деди Өтебийке кемпир. - Бала баланың теңи екен, қосылғаны жақсы. Жасымнан жесир қалып, бир бала, бир қызды тил астыма сақлағандай етип асырап едим. Өзлериңиздиң хабарыңыз бар шығар, Қудайбергенжаным қызымнан үш-төрт жас үлкен. Халықтың дәстүри бойынша оны үйлендириўим керек. Бийбижамалды соннан кейин алып кетерсиз, шырақларым.
- Ол сөзиңиз орынлы заманлас. Биз де қызыңызды ҳәзир алып кетежақ емеспиз. Әжинияз да көпти таныйтуғын жигит. Тойға таярлансын. Оннан тысқары, үйде қызыл жүзли қыз көринсе, есикти жаўшы тындырмайтуғын әдети ғой. Соның ушын тойды ендиги жылы тап усы күнлерге белгилесек...
- Өзлериңиз билесиз, шырағым.
- Ал пәтия оқыў мәселесине келсек, жақсыны жаттан сақлаўымыз лазым. "Таўда жемис писипти, татып көрсек немис кетипти", деп сырттан қуўжыңласып жүретуғынлар да аз болмайды. Қартайсам да жас қатын алсам жасараман деп жүрген есер байлар да аз емес. Булардың бир-бирине жулдызы сәйкес келетуғын болғанлықтан қосып қойып атырмыз. Ертең қымыз ишип қызараңлаған биреўи келгенде де, ҳеш болмаса "Әжинияздың қалыңлығы еди", - десең жүўенин жыйнап жүрер.
Бийбижамалдың Әжиниязға атастырылыўы усының менен питкен есабы.
Арадан еки ай өтпей атырып, Қоңыратта және алғаў-далғаў заман басланып кеткен еди. Бурынғы салынған салықлар аздай Хийўа тахтына отырған Сайд Мухаммед хан және қарақалпақларға бес тилладан үстеме салық салыўды буйырды. Үйиндеги мал-мүлкин сатып берип, салықтан жаңа қутылып, өзлери аш-жалаңаш қалған халыққа бул жүдә аўыр дәрт еди.
Усыннан еки күннен кейин пүткил Қоңыраттың иши ызық-ызық болып кетти. "Хан салығы" деген ат пенен елди талаўшылық ҳәўижге минген еди.
Песин ўақтында миршаблар алты нөкер менен Қудайбергенниң үйине де бастырып кирди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
06. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бурыннан соңғы атақлы қала, сол жерде бир байдың күнликшиси болса да улы менен қызын еплеп өсирип, адам етежақ.
Ўақыт деген өте берер екен. Мине, соннан берли де он бес жылдың майданы болып қалды ғой. Баласы Қудайберген ержетип, әнендей жай устасы болды. Қызы Бийбижамал да ержетти. Өтебийке өз өмиринен наразы емес еди. Баласы уқыплы, қызы шебер, оның үстине наятый сулыў еди. Ана баласынан көре қызының тәғдиринен әдеўир қәўипленди. Теңсизлик ҳүким сүрген жерде сулыў қыз сақлаў, әташтанда ушқын сақлаў менен барабар. Анаў күни Үстирттен бир бай төрт ҳаялының үстине Бийбижамалды айттырып келди. Бул жақсылықтың әламаты емес. Бийбижамал қаслары қарлығаштың қанатындай керилген, қара көзлери ойнақшып турған, талма бойлы, буўдай реңнен келген қыз еди. Тап оның сулыўлығына адамлардың көзи тиймесин дегендей бет алмасының оң жақ шекесинде жарасықлы бир тамшы сыядай ғана қал инам еткен. Анасы оның гөззаллығынан қорқып жупыны кийиндирсе де, "қазанда бар болса шөмишке илинеди" дегендей, күннен күнге шырайлана берди. Қара майға батырып қойғанда да ҳәр қандай адам оның гөззаллығына шек келтире алмас еди. Өтебийке оны жаман көзден сақламақшы болып, соңғы ўақытлары қызын дигирманға да, суўға да жумсамайтуғын болды. Бирақ сонда да үйге от сорап, суў сорап келген қатынлардың сыртқа шығып қызын сөз ететуғынын байқайтуғын еди.
Бийбижамалдың өзине унайтуғын жигити де бар. Ол - бир неше жыл Хийўада оқыған, билимли, аты елге жайылып киятырған Әжинияз. Бул ҳәдийсе өткен жылы жүз берди. Бийбижамал суў қабағын енди ғана Ханжаптан толтырып алып атырған еди. Жап ернегиндеги тар соқпақта киятырған үш-төрт адам көринди. Булар жас болса да басларына сәлле орап алған, үстилеринде жипек шапаны бар, қолларына телетин муқабалы китаплар услаған жигитлер еди. Әсиресе, ортада киятырған тынық жүзли, мурты енди ғана тәп берген жигит Бийбижамалға қарағанда көзинен ушқын шашырап кеткендей болды.
Қыз дәслеп түс көрип атырғандай бирден есеңкиреп қалды. Заман дәстүри бойынша ер адамды көргенде жүзин жасырыўы лазым болса да, орамалын услаған қолы өзине бойсынбай сүўреттей қатып қалған еди. Жигит те өтип баратырып, иркилиңкиреп жалтақ-жалтақ қарай берди.
- Ҳаў Әжинияз, жүректен урды ма деймен, аяқларың өзиңе бойсынбай қалды ғой?! - деди екинши жигит.
Әжинияз оған жуўап қайтарды ма, қайтармады ма, Бийбижамал оны еситпеди. Соңынан жап ернегинде узақ турып қалғанлығы есине келип, суў қабақты жаптың ырашына алып шықты. Әжиниязлар әдеўир узап кеткен еди. Қыз енди ғана уялған пишинде, орамалы менен бетин басты.
Әжинияз бул сапары Қоңыраттағы дайысының үйине киятыр еди. Тосаттан жол үстинде ушырасып қалған гөззал шайыр жүрегинде из қалдырды да, бурқасынлап ағып атырған Ханжапқа қарап, төмендегише қосық қатарларын әсте айта баслаған еди.
Зербарағ өрилген тилла шашбаўы,
Ақыл-ҳуўшым алып кетти бир пери,
Тал шыбықтай қыпша бели белбаўы,
Мени ҳайран етип кетти бир пери.

Хошласып мен қалып, болдым интизар,
Тәнемде қалмады зәрредей мәдар,
Мен аның ышқында болдым аҳыў-зар,
Ақыл-ҳуўшым алып кетти бир пери.

Ҳәр ким айтур, аңа ҳәмдам болсам деп,
Йолында жанымды пидә қылсам деп,
Мүбәрек жамалын және көрсем деп,
Тақатым қалмады көргеннен бери.
Буны жолдаслары сезген жоқ. Әжинияз болса әдеўир узап кетсе де изине қарағысы келе берер еди.
- "Әжинияз... Шайыр Әжиниязбекен, маңлайым? Маған көп қарады ғой", - деп ойлады суў қабақты ийнине қағып салған қыз ыраштан түсип киятырып.
Бийбижамал сол күни өзинен-өзи бир түрли болды да жүрди. Үйде де, дүзде де, дигирманханада да көз алдында қолына шерим муқабалы китап услаған жигиттиң сүўрети пайда бола берди. "Не бәле, ашық болып қалғаннан саўма екен?" - деп ойланды ол.
Арадан бир нешше күн өткеннен кейин Әжиниязлар Бийбижамалдың үйине мийман болып келди. Бул сапары қасында Жуманазар ақсақал менен жорасы болыўы керек, өзине кейип берген бир жигит бар.
- Хош келипсиз, ҳүрметли ел жас үлкенлери! Биздей ғәрип бир пуқараңызды излеп келипсиз, - деп Өтебийке қонақлар алдында пәйик болып атыр.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
05. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Есберген Өтепбергенов
Қумар
(Повесть)
Мен Қумарды сол жерден туўры алып кете алмадым. Ол мүмкин де емес екен. Оның үстине адам адам емес пе? Оны қәлеген биреў, қәлеген жеринен қәлеген жағына сүйреп алып кете береме? Әсиресе, мына Қумарды ше? Оны бир рет Таўмурат анадай етип әкеткен, ал мына рет оны мен мынадай етип қула дүзден таўып алып, жетелеп кете берсем, сонда ол мына елге қандай нашар болып көринеди? Ертеңги күн ол мына елдиң бетине қалай қарайды?
Ертеңине таң ҳәдден тыс қүдиреттей болып атты. Қуяштың сәл ернеги шыға бергенде әтирапымдағы бар нәрсениң бәршесине қосыла аўылынан шыққан Қумар да көринди.
Көп узамай Қумардың жеңгеси қолында шағын ғана сулыў қызыл шабаданы менен асығып-албырап ентигип қасымызға жуўыра жетип келди.
- Өйбей, жанымай, сизлерди кетип қалды ма, деп ғой асығып жуўыра берип өкпем өшип қалды! - деп диңкеси қурып, дизерлеп отыра кетти. Қумардың жеңгеси сәл толы, орта бойлы, ақ қуба, қызыл шырайлы, туянадай келиншек екен. Тиришелиги менен ҳәрекетлери, түсимпазлығы менен ақыллығы, адамға мийриманшылығы тап Қумардың дәл өзи.
(Даўамы бар)
Канал @BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Operator menen baylanıssa bilip beredi .

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Ashpań ilajı bolsa,akkawntıń óship ketedi dep esitip eedim basılıp ketken be dedim bir abaylamay

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
1858-жыл. Быйыл Қоңыратқа бәҳәр наятый қолайсыз келди. Үш жыл даўам еткен ашлық адамлардың пүткиллей силикпесин шығарған. Адамлар: "быйыл бирнәўийе тәўир болар", - деп үмит еткен еди. Ала бәҳәрден басланған нөсерли жамғырдың изи еле үзилмей киятыр.
Әмиўдәрья болса кенарына сыймай, барлық суў жапырылып келип, тап еки жағаны жутып жиберетуғындай асырылып ағып, халықты пүткиллей тоз-тоз етип болды. Беглербеги де, ақсақал да дәрьяның жағасында. Дийқанлар пүткил бала-шағасы менен дәрьяның бойына көшкен есабы. "Топпысы менен қурашына топырақ толтыра алатуғын кемпир-ғарры менен бала-шаға дәрьяның бойында болсын!" - деп пәрман берген Қутлымурат инақтың өзи. Байлар дәслеп "быйыл жаўын-шашын мол, егин ғарқ ғәллезий болажақ" - деп бир ғаўқылдасып еди, истиң изи насырға шапқаннан кейин олар да илла деп аўыз ашпай отыр. Егис өтип баратыр, ал жаўынның еле тоқтайтуғын түри жоқ. Бул барыста жуқна болғандай тары сеплеп, қалғанына малға ғаўыш екпесең басқа илажың жоқ. Аты қарақалпаққа төрт жыл бойы жамғыр бир тамбай, тереклерге шекем қуўрап барып, зордан өзин тиклеп еди. Ал, мынаў суў апатшылығы бәринен де өтип кетти. Ләмгершилик үйдиң де, дүздиң де берекетин дым қашырып жиберди.
Басқа жағында қандай болып атырғанлығын ким билсин, әйтеўир Әмиўдәрьяның шеп жағына орналасқан Қоңырат беглиги бул апаттан әдеўир зыян көрди. Гейпара ылайдан салынған жайлар жамғырға төтепки бере алмастан, тырнақлары ыдырап, пақшалары қулап қалды. Жайлары қулап, бала-шағалары зирдектей болып қалған дийқанлар, күни-түни жамғыр астында турып, бийик жерлерден төле қазыўға мәжбүр болған еди. Оларды да "дәрьяның жыққынына бар" деп мураплар қамшылап әнтек-тентегин шығарып алып кетип, төлениң қалған жағын көз жасы жамғыр менен қосыла аққан ҳаяллар менен жас балалар қазыўға мәжбүр болды.
Бул апат қаншама мүсийбетли болса да, сол ўақыттағы қарақалпақлардың белгили қаласы Қоңырат ушын бир пул сыяқлы еди. Қала иши балшыққа толғаны менен ол жердеги ҳәрекет бурынғысынша ҳүким сүрмекте. Әсиресе, қаланың шығыс ҳәм батыс дәрўазалары жүдә дәбдебели.
Қаланың ханы да, ҳәкими де - Қутлымурат инақ. Ол халықтан көп салық жыйнап бериўи арқасында Хийўа ханлығының үлкен исенимине ерискен. Хийўа ханлығынан жиберилген ўәкил Мәтназар қанхор менен бирге тил бириктирип, өзи менен беллескендей адамлардың көзин жойып питирди. Тек Қулман бий ғана Қутлымураттың уўысына енбей жүр. Оған да аўыз салып көрип еди, бирақ еле тиси өтетуғын емес. Күшиниң жетип болғаны, тек сол ғана, Қулман бийдиң жалғыз қызы Гүлхатийшаны мақтап ханның канизлигине алғызды. Дәслеп Қулман: "Ханға қәйин ата болған шығарман", - деп ойлаған еди. Бирақ ондай болып шықпады. Хан Гүлхатийшаны бир ай ғана канизлерине қосып, соңынан түркмен сәрдары Аннагелдиге саўғаға берип жиберди. Қулман арыз етип: "Султан сүйегин қорламас" деген, қартайған ўақтымда мени қапа етпең, жалғыз көзимниң қарашығын қайтып бериң" - деген еди. "Хан қәўлисин қайтып алмайды" - деген жуўап алды. Енди Қулман ханды да, Қутлымуратты да көретуғын көзи жоқ. "Ҳәммеңиз бир гөр", - деп төсек тартып жатып алды. Перзентиниң дәртинен кесел болып, ғәзеби қозған Қулманды байлық та, бийлик те қызықтырмай атырған еди. Ол тек ханнан өш алыўды ғана ойлар еди. Усындай себеплер менен Қулманның үйине жети-сегиз адам қупыя жыйылды. Төрде жамбаслап, мәсләҳәт қурып отырған адамлардың ең итибарлысы - жипек шапанды жамылып ойланып отырған, орта жасларға барып қалған теке сақал, сары киси Муҳаммед пана. Оның түринен қуўаныш та, қайғы да билинбейди. Бир үлкен ҳәдийсени көз алдына келтиргендей узақ ой үстинде. Екиншиси - шыйразы селкилдек шөгирме кийип алған дуғыжымнан келген қара киси Молла Сапа. Оның арғы жағында басына дегелей кийип жер шуқлап отырған шүңирек көз, сары Шермуҳаммед, оннан беррегиректе көринисинен еле жас жигитлерге усайтуғын Ҳәким, Мәмбеткерим, Юсуп ҳәм Ўақыбныязлар отыр. Булар менен бирге гөнетозлаў кийим кийген еки жигит те бар. Екеўи де нағыз уста. Булар ҳеш нәрседен тайсалып отырған жоқ.
- Мен бәрине тайынман аға, сабыр кесам пүткиллей толды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 07

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Assalovma aleykum
Duman atining manisi ne

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Айқулақ

Қәдди бүгилип қайысса да,
Бунша сулыў Айқулақ,
Үстине минип кетсем деймен,
Сырғанақ теўип дым узақ.

Қулаш керип диң аспанда,
Әлўан нурларын ийип,
Бой тиклейди - аў, сынлы Арка,
Желкеси көкке тийип.

Ол рәң - бәрәң әрманымдай,
Қолларым жетпес бийик,
Қыял сүрсем дәрманымдай,
Кеўлиме алдым түйип.

Жети ирең жети қыздың,
Қыя - қыя керме қасы,
Жымыңласқан шоқ жулдыздың,
Мысал жердеги нусқасы.

Ҳәр бир қайыс тармағында,
Қулпы дөнген нур жилўасы,
Мысал гөззал бармағында,
Жалт - жулт еткен жүзик қасы.

Мыйық тартып шоқ саз шертсе,
Зер қуяштың алтын тары,
Сел жаўынның тамшылары,
Призма болып қубылтады.

Тәбият шебер сүўретши ғой,
Қыйыннан қыйып қурап,
Төбемизден көтертип бой,
Сызып берген Айқулақ.

Тал шыбықтай майысса да,
Қәдди бүгилип мисли дал,
Оқ жай киби қайысса да,
Ол сулыў ғой ҳәм гөззал.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Көре берерсең бес күниңде

Таң атыўы, күн батыўы...
Күн көристиң жоқ жатыўы,
Болса үйдиң нық татыўы,
Жеңил келер мүшкилиң де,
Шын дос тапқан бес күниңде.

Әўел, жақсы минез - достың,
Соң ийге келер туўысың,
Бала - шағаң - жан уўысың,
Сән келтирсе гүл - гүлиңе,
Шүкир дерсең бес күниңде.

Қайра - қайра басқан аяқ,
Денсаўлығың ўәжден зыят,
Билсең, ҳәтте, исин уят,
Ҳәўлиңдеги ийтиңниң де,
Сен инсансаң бес күниңде.

Ақыл иси илаж таппақ,
Самсаз иси қарап жатпақ,
Ҳеш бир бенде емес аппақ,
Ҳәмме имкан зор билимде,
Билим - байлық бес күниңде.

Тәғдир иси сынға толы,
Жалмаўыз көз қумға толы,
Келди - кетти өмир жолы,
Сегбир етер сен тириңде,
Орның болғай бес күниңде.

Ең аңсаты - ақыл бермек,
Қыйыннан қаймығып желмек,
Сөз бенен ис болса өрнек,
Мейли, тикен болсын гүлде,
Бул да - ҳикмет сол бес күнде.

Өткенлерден қалған жоллар,
Жулдызларға жетпес қоллар,
Кеўлиң әлўан қыял торлар,
Ыңыраныў бар иш - ишиңде,
Жалғыз қалсаң бес күниңде.

Ата - анаң болса тири,
Болса ҳасыллардың бири,
Сен бахытлы жанның дүри,
Себеп олар - сол тиринде,
Бағ - дәўлетиң бес күниңде.

Бастан өтпей елес - белес,
Журт туйылса саған әбес,
Түсинбегиң аңсат емес,
Бийжай болып жан үниңде,
Ғабырысарсаң бес күниңде.

Биреўлерде сайранлық бар,
Ҳәр бир баста айралық бар,
Ақыр адақ ўайранлық бар,
Жойтқаныңды бир түниңде,
Табалмассаң бес күниңде.

Ғам пәриядқа тутым берсең,
Қәддиңди дал ийгизерсең,
Гейде Ҳаққа тийгизерсең,
Сарсық кетпей муң түриңде,
Сынса сабыр бес күниңде.

Жасаў - парыз, жасаў - қарыз.
Жан алғыш тыңламас арыз,
"Жериң қатты, аспан алыс",
Саў турсаң ертең, бүгин де,
Көре берерсең бес күниңде.

Автор : Азат Даўышбаев

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

🔥Ibrayım Yusupovtıń "Tumaris" kitabınıń audio variantı (2-bólim)

Qaraqalpaqlar ózleriniń kelip shıǵıw tariyxın bunnan eki yarım mıń jıllar aldın Oks (Ámiw) dáryası boyında jasap ótken kóshpeli hám jawınger qáwim – massagetlerden baslaydı. Sol dáwirde jasaǵan massagetlerdiń hayal patshası márt Tumaris anamız, batırlıqtıń hám qaharmanlıqtıń úlgisin jaratadı. Sonlıqtan, házirgi waqıtta hayal-qızlar Tumaris atın ózlerine uran etip alǵan. Súyikli shayırımız Ibrayım Yusupovtıń bul “Tumaris” atlı poeması biziń jas áwladlarımızdı hámiyshe mártlikke, Watan súyiwshilikke tárbiyalaydı.

Oqıǵan: Dastan Baymurzaev

Audiokitap qáwenderi:
Les Ayles Nukus J.Sh.J
Dawamlılıǵı: 28 minut

Audiokitap sizge unaǵan bolsa tómenge reakciyalardı qaldırıń 🔥🤩😍👍

📲 Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

@BaxitliSaribaev

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Bizde sentyabrda biraz daha iyi

Читать полностью…

Qaraqalpaq tilim - qalqanım!

Youtube da videolara bakmıştım

Читать полностью…
Subscribe to a channel