«Qaraqalpaq tilim – qalqanım!» toparında QARAQALPAQ xalqınıń milliy tili bolǵan qaraqalpaq tili, onıń tariyxı, izertleniwi hám mashqalaları boyınsha kóplegen maǵlıwmatlardı bilip barasız. ⏰30.05.2020 Topar wazıypası hám qaģıydaları: 👉 @qara_qalpaq_til
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Әтирапының бәри дүт тоғайлық. Дәрья шетиндеги пайда болған қурттай ғана орпаң далаңлықта сопайған төрт қақыра ғана қәддин тиклеп тур. Қақыралардың аўзының ҳәммеси дәрьяға қараған. Бул жерде үйир-үйир мал да, нағышланып тигилген отаў да көринбейди. Ҳәр қорада бир бузаў, яки бир-еки қозы-ылақтан басқа ҳеш нәрсе көринбейди. Соған қарағанда балықшылық пенен күн көретуғын орта ҳал адамлар болды шамасы.
Қудайберген әдеўир турып қалса да, Айтмурат ғаррыдан басқа еркек адамды ушырата алмады. Басқалар балық аўлап жүрген болса итимал, - деп ойлады ең соңында.
Анасы еле келмеди. Не ҳәдийсе болған екен? Қудайберген бирден шоршып кетти. Тап усы ўақытта Айтмурат ғарры оны шақырды.
- Мийман балам, кел бирге шай ишемиз.
Енди бул жерде жалғыз өзи қақайып тура бериўди уят көрип, ол ишкериледи.
- Қалай, бизиң аўыл унады ма?
- Жаман емес.
- Еле үйренисип кетесең. Аты қарақалпақтан бундай пайызлы жерди табыўың қыйын.
Кеште үй ағзаларына және еки адам қосылды.
Бул Айтмурат ғаррының басқа шығарып жиберген балалары екен. Олардың да үйи қоңсы. Деген менен балалар аңға шыққан күнлери аўқат ғаррының үйинде асылады. Бул күни тап дарғаның үйинде той болып атырғандай төрт хожалық бир жерге жәмленеди. Тийкарынан алғанда хожалықлардың төртеўи де усы Айтмурат ғаррыға тийисли болып шықты. Өзи, еки баласы, күйеў баласы - ҳәммеси төрт хожалық. Бул хожалықлар бөлек-бөлек үй салып, бөлек жасағаны менен еки сыйырдың сүтин де, қатығын да бөлисип ишип кете береди. Нан да, аўқат та тап сондай. Ғарры баслап келгеннен кейин ҳәр ким мийманның кеўлине тийип алмаслық ушын үлкен әдеп сақлап отыр. Бирақ усындай болса да, Қудайберген кешки аўқат үстинде дым кеўилсиз.
- Алып отырың, мийман, дым кеўилсиз көринесиз? Я бир жериңиз аўырып отыр ма?
- Яқ, өзим сондайман.
Айтмурат көп нәрселерди басынан кеширген тәжирийбели адам. Соның ушын да тосаттан пайда болған бул жигиттиң басына әлле қандай саўда түскенин сезер, бирақ та Қудайбергенниң бул жаққа келип қалыў себебин сораўға батына алмас еди. Қудайберген де бул ғаррының туўры адам екенлигин сезди. Бирақ кеўлиндеги бар гәпти төгип таслаўдан қорқып отыр.
Айтпағанда қаяққа барады. Ендиги барған жеринде Айтмурат ғаррыдай ашылысып, нанына мирәт ететуғын адам я табылды, я табылмады.
Бундай адамлар мәрт болады. "Ойымдағы барлық гәпти жасырмаўым керек" деп ойлады Қудайберген. Ишки дәртин достына айтыўға қәўипсинген адам ҳәммеден қорқып жүреди. Ҳәммеден қорққан адам узақ жасай алмайды. Ақыры ҳәмме тарқалып, шыра сөндирилип, Қудайберген менен ғарры ғана өз төсегине жатқан ўақтында Айтмурат ғарры сорады.
- Сени бир қылмыс қылған адам деп айыплаўға ҳақым жоқ. Бирақ кеўлиңде аўыр қайғының изи бар. Бизди дос санап үйимизди паналадың. Егер мәлел келмесе кеўлиңдеги гәпти айтсаң болар еди, балам. Мәсләҳәтлесип ис тутар едик, - деди.
Қудайберген бир майданға шекем үндемеди.
- Дурыс таптыңыз ата, мен ханға жаманлы болып қашқан адамман.
- Жаманлы болғанда не, салық төлей алмаған шығарсаң?
- Салық төлей алмадым. Және Қутлымурат инақты өлтириўге қатнастым.
- Не дейди? - ғарры көрпеден турып кетти. Ол жанында жатырған, азғын ҳәм жуўас жигитти "инақты өлтирдим" дегенине сирә инанбас еди. Қудайберген ғаррының орнынан турып кеткенине қарап: "Үйден шық! Ҳа, атаңа нәлеттиң баласы! Саған берген дузым ҳарам!" - деп бақырып шаўқым салар ма деген еди, бирақ булай болмады.
- Сөйтип изи не болды? - деп сорады. Айтмурат ғаррының бул сөзи ҳәм қорқынышлы ҳәм аянышлы еди.
- Не болатуғын еди, инақ өлди. Муҳаммед Пана хан болып, Қулман ўәзир болды. Изи жаман болатуғынын ойламаған екенбиз. Қулман бий еки устаның изине түсип алды да, биреўимизди өлтирип үлгерди. Мен болсам түнде сизлерге араласып қашып кеттим. Қудайберген сол ақшам қарындасын инақтың Хийўа ханына инамға берип жибергенлигин, өзиниң Қоңыраттағы атақлы уста екенлигин, Қулман бул ўақыядан пайдаланып "Инақты өлтирсең, қарындасыңды жолдан қайтарып алдырамыз" деген сөзлерин де жасырған жоқ. Ҳәтте бул ўақыяны еситип, анасының қатты қыйналғанлығын, бүгин оның "Шарлаўық"қа жетип келиўи кереклигин де сөзге қосып қойды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
20. 07
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бир-еки күн қоңсылары менен оңысып еди. Ҳәзир оларда да ҳеш нәрсе қалмаған. Қудайберген болса нан берип отырған инақты өлтирип келип отыр. Дәрт үстине шыйқан болды. Енди Қулманға барып пул сораўдан басқа илажы қалмаған. Қулманның пул беретуғынына исенеди.
- Апа, сиз жата турың, мен ҳәзир пул таўып келемен.
- Ҳәзир пул бергендей адам қалған жоқ ғой, балам.
- Бар. Қулман бийден аламан.
- Қулман бий сениң менен сөйлессе екен-аў.
- Неге сөйлеспесин, ақыры оның менен Қутлымурат инақты бирге өлтирдик ғой.
- Не дейди?
Сулық болып жатырған кемпир
бирден көрпени серпип таслап, турып кетти.
- Инақтың өлтирилгенинен хабарым бар. Қоңсылардың бәри айтып жүр. Ал, бул қан төгиспеде сениң қолың бар деп ҳеш қыялыма келмеген еди, балам. Не ислеп қойдың?
- Инақты өлтирсең басқа хан болады. Бийбижамалды жолдан қайтарамыз деди. Мен келисим бердим.
- Заман айланып, мениң таўық соя алмайтуғын жалғыз балам қанхор болды ма? Қандай күнлерге қалдық? - Ол пүткиллей еңиреп жылап жиберди.
- Инақ нешше адамларды гүнасыз өлтирди.
- Жан қыйған ҳеш ўақытта да саўап болмайды. Садағаң кетейин Қызыр Әлийхиссаламның өзи де "жанлы мақлуқтың етин жеген гүна болады" деп, тек дән менен мийўе жеп күн кеширген.
- Сонда зор адамлар қолынан келгенин ислеп, бизлер өлип кете беремиз бе? Олар қәлеген адамын дарға асады, қәлегенин баўызлайды! Жәллатты шығарған ким? Солар. Дәслеп мал салығы дегенди шығарып еди, енди адам салығы пайда болды. Қыз салығы. Бул солардың иси. Буның бәри бир ханның басынан шыққан нәрсе емес. Соған жағынаман деп жүрген Қутлымурат инақ усаған дуўайментлердиң иси. Соның ушын да мен оны өлтирдим.
- Мениң Қутлымурат инаққа жаным ашып отырған жоқ, балам, саған жаным ашып отыр!
- Неге?
- Неге болатуғын еди? Усы ўақытқа шекем хан менен табақлас болған қарашаны көргенбисең? Олар тек өзлериниң жумысы питкенше ғана алдыңда жорғалайды. Жумысы питкеннен кейин тамам, сен керек емессең.
- Керек болмасам да өз күнимди көремен. Мен бул исти "Сарайда ислеймен" деп қылғаным жоқ ғой. Маған белше болса болды.
- Сен анаңды түсинбей, тек берги жағын ғана ойлап турсаң, балам! Көп нәрселерге жететуғын ақылың неге усыған жетпейди? Дүньяда қылмыс қылған сыпайылар ҳеш ўақта тарийхқа жанлы гүўа сақлап қалмайды. Олар сеннен ўаз кешеди. Биреўге көп пул берип, сени өлтиртип, мен бийшараны дағда қалдырады.
- Я тоба! - Қудайбергенниң ети түршигип кетти. Ырасында да, Қудайберген өлсе инақтың өлиминде Муҳаммед Пана менен Қулман бийдиң қолы бар екенин ким биледи? Устаны өлтириў ғой оларға қоян өлтиргеннен аңсат. Буннан тысқары қылмысың болғаннан кейин, қараша алдында да көкирегиң қуўыс бола береди. Хан менен ўәзир бир меннен бәрҳама жасқанып жүрер ме екен? Биреўге өлтиртеди де таслайды-дә. Анасы ҳақ екен. Қудайберген мәселениң бул жағын ойламапты.
Ол усыларды ойлап, шыптаның ернегинде жүресине отырып қалды. Ким биледи, егер сырттан биреў пәт пенен кирип келмегенде тап усы отырысында отыра берер ме еди.
- Қудайберген! - деди ол асығыс. - Сейтимди биреў өлтирип өлигин Ханжапқа таслапты.
- Не дейди?
- Тап сегиз жеринен пышақлапты, заңғар, биреўдиң ала алмай жүрген өши бар усайды.
Усы сөзди айтты да бул адам "асығыс едим" деп кетип қалды.
Қудайберген Сейтимниң неге пышақланғанын сезген еди. Еки жылдан бери Қудайбергенге шәкирт болып жүрген бул жуўас бала инақ өлтирилген жерде бар еди. Ендиги гезек буныки усайды. "Қоңыратта азанға шекем қалмаслығым керек", - деди өз-өзине тәселле берип.
- Апа, - деди әллен ўақытта басын көтерип. - Мен бүгиннен баслап Қоңыраттан шығып кетпесем болмайтуғынға усайды. Әмиўдәрьяны жағалап кетемен. Сиз азанда үйде дәртке асқандай нәрселерди ешекке артып изимнен барарсыз. Шарлаўықта күтемен, - деди даўысы сәл-пәл қалтырап.
Өтебийке:
- Яқшы балам, не илаж, өзиңди ықтыят қыл, - деген сөзлерди жүдә әсте айтты. Қудайберген бул сөзлерди анық еситкен жоқ. Сонда да анасының жаман сөз айтпағанлығын сезди де кийимлерин излестире баслады. Ол неликтен де ҳәзирги ўақыттан баслап-ақ Қудайберген устаға усамаўға ҳәрекет жасады. Үйден бир гөне қураш тапты.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
18. 07
tek sizlerden youtube kanalımızǵa kirip qollap-quwatlaw ǵana kútip qalamız.
Читать полностью…⚡️ "Booky" qaraqalpaq tilindegi audiokitaplar youtube kanalına jańa videolar jaylastırıldı
• Tólepbergen Qayıpbergenov: "Tánha ózińe málim sır" melodrama (1-bólim)
• Tólepbergen Qayıpbergenov: "Tánha ózińe málim sır" melodrama (2-bólim)
• Tólepbergen Qayıpbergenov: "Tánha ózińe málim sır" melodrama (3-bólim)
• Tólepbergen Qayıpbergenov: "Tánha ózińe málim sır" melodrama (4-bólim)
• Tólepbergen Qayıpbergenov: "Tánha ózińe málim sır" melodrama (5-bólim)
#mazmun #youtube #booky #audiokitap
📲 Telegram | Instagram | bookyqaraqalpaq">YouTube | Vebsayt
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Мийманбысаң, мөминбисең бәри бир. Аттан аўдарып урады да бары-жоғыңды сыпырып алады. Бирақ түркмен арасындағы бир жақсы әдет, елге араласқан мийманға тиймейди. Әжинияз түркменлердиң бул әдетине әбден қанық. Ҳәтте танысаң, танымасаң да ҳәр қандай үйге "қудайы қонақ" болып бара бериўиң де мүмкин. Түркмен үйине туўры келген қонақтың қулы. Сонлықтан да қонақ жай ҳаққында онша ғам шекпесе де болады. Бирақ қайсындай үйге барыў керек. Бул жағы белгисиз.
Түркмен үйине кирер жердеги ең қәўипли нәрсе ийт. Ол ҳәр қандай адамға да бирден тасланады. Бирақ биринши гезекте адамды ийттен арашалаў түркменниң салты емес. Егер сен оның ийтине зақым келтирмей өзиңди бес-он минут қорғай алсаң, онда сен бул үйдиң ең ҳүрметли мийманы боласаң. Егер ийтине зақым келтирсең яки қаңсылатсаң, онда сениң ол үйде қоныўыңа ҳақың жоқ.
Әжинияз бир арқа отын арқалап үйине жақынлап қалған адамды узағырақтан көзи шалды.
Аўыл ийтлери шабаланып ҳүжим жасамастан алдын сол адамға жетип барыўым керек, - деп ойлады да атына қамшы басты. Түркмен әдетине көре үйге жақынлаған ўақытта атының жылаўын тартып жай жүриске көшти. Усындай жағдайда алды бетин қамыс шертек пенен ораған қақыраға Әжинияз отын арқалаған адам менен тең жетип келген еди.
Баслары себеттей еки ийт теңнен тәп берди де аўыл иши бирден быған-жыған болып кетти. Қамшысын жан-жағына таўлаған Әжинияз ат үстинде албырап зордан турыпты. Ийесиниң алдында мынаў ҳәрекети болса, ийеси жоқта шайнап өлтиреди ғой. Отыншы усы ўақытта бир нәрсени сезгендей артына қарады.
- Ассалаўма алейкум! - деди Әжинияз.
- Ўалийким ассалам.
Бирақ бул даўыслар ийт бығырлысының арасында әдеўир өлпең еситилди.
Отыншы отынын арқасынан түсирди. Соңынан ийтлерге:
- Суңқар! Ақ төс! - деп бир нәрселер айтқан болды.
Ийтлер қуйрықларын былғаңлатып, үргенин қойды да кетегине қарай кетти. Отын арқалап киятырған адам үстине узын бәшпент кийген, елиўлерден асқан бир сақаллы киси еди.
Сақалларын бир майдан услап таррашлап турды да әлле кимге услатқан болып:
- Сапаргелди, нийерден гелжек? - деди Әжинияз бенен тиллесип.
- Мен Сапаргелди емеспен. Қудайы қонақпан аға. Қарақалпақпан киятырман.
- Ғарлфак. Боле, душ аттан!
Ғарры Әжиниязды таныды ма, я танымаса да миймандослық еткиси келди ме, ол жағы белгисиз еди.
Бул кисиниң бирден мирәт етиўине қарағанда, бул жерге қонып кетип жүрген қарақалпақ тек Әжинияз ғана емес усаған. Жол дәрбенти болғаны ушын жолаўшылар көп иркилсе керек. Ғарры:
- Жаңабай! - деп әлле кимди даўыслап шақырды. Иштен жалаң бас бир жас жигит шықты.
- Мийманның атын жылаўла.
Әжинияз атының жылаўын узын бойлы жигитке усынды да ойланып қалды. Түркменде Жаңабай деген ат болмайтуғын еди. Бул ким болды? Аты қарақалпақша ғой. Балаға бир-еки сораў берип тилин аңламақшы болды да бирақ үндеген жоқ.
Ғарры Әжиниязды төрги бөлмесине қарай баслады. Бөлмеде ҳәзиринше тек екеўи, басқа адам жоқ еди. Жасы тәўираққа барып қалған бир ҳаял бетин бүркенип дастурхан жайып жүр. От жағылып ошаққа қумған қойылды. Бирақ үй ийеси оншама жадырай бермеди. Кеўлинде әллеқандай ызғарлы кейип бар. Бул ашылыспай отырғанынан-ақ аттан анық белгили.
- Мениң атым Тиркеш, - деди бир ўақытлары.
- Мениң атым Әжинияз.
Және екеўи бир майдан тым-тырыс болып қалды. Сөзди Тиркеш баслады.
- Түркмен қонағын бермейди, Әжинияз иним.
- Жүдә жақсы, - деди Әжинияз.
Тиркеш ҳайран болды. Сөзине онша түсинбеген кейипте қонағына қарады.
- Мен билип турыппан. Сен Жаңабайды излеп киятырсаң.
- Жаңабай! Мен ҳеш қандай Жаңабайды танымайман.
- Онда неге келдиң?
- Мен Хийўаға кетип баратырман. Қалыңлығымды алып кеткен, соны излеп киятырман.
Буннан кейин Әжинияз өз мақсетин Тиркештен жасырмады. Сүйиклиси Бийбижамалдың хан ҳәремине тайынлаған қызлардың дизимине илингенин де бүгип отырмады.
- Енди түсиндим, - деди Тиркеш, - Сен ҳақыйқый жигит екенсең. Мениң кеўлим басқаға кетипти. Буннан бир ай бурын Хожелиден қашып келген бир қыз бенен жигит мениң шатпама келип тығылды. Бирин бири жақсы көреди. Қыздың әкеси Айгүлди басқа бир ғарры байға узатпақшы болған екен.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
14. 07
⚡️Дыққат, ҳүрметли пуқаралар ҳәм исбилерменлер!
✅ Енди Әдиллик адвокаты /channel/adillikadvokati каналы адвокатлық хызметлерди көрсетеди.
❗️Биз Сизге машқалаларыңыз бойынша төмендеги бағдарларда юридикалық хызмет көрсетемиз:
✔️мәмлекетлик органларға (министрликлер, ҳәкимликлер, ишки ислер, прокуратура, әдиллик органларына ҳәм басқа мәкемелерге) арза ҳәм шағымлар таярлаў ҳәм жибериў;
✔️сораўларыңызға Телеграм жекеде (личкада) толық ҳәм түсиникли түрде нызам бойынша жуўап бериў;
✔️нызамлардың ҳәм басқа норматив-ҳуқықый актлердиң статьялары (бәнтлери) бойынша түсиник бериў;
✔️исбилерменлик субъектлериниң ишки қағыйдаларын, жәмәәтлик шәртнама, мийнет шәртнамасы, әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм басқа ишки локал ҳүжжетлерин таярлаў;
✔️рәсмий хат, акт, протокол ҳәм басқа ҳүжжетлерди таярлап бериў;
✔️нызамлар, қарарлар ҳәм басқа норматив-ҳуқықый актлер проектлерин (жойбарларын) таярлаў яки таярлаўға жәрдем бериў;
✔️судларға (пуқаралық, экономикалық ҳәм жынаят ислери бойынша) арза, усыныс, келисим питими, жеке шағым таярлап киригизиў ҳәм сол процесте қатнасыў;
✔️басқа да ҳуқықый хызметлер көрсетиў.
👉Биз бенен байланысың, әлбетте жәрдем беремиз.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
Каналға ағза болыў 👇👇👇
/channel/adillikadvokati
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Қалай-қалай заман болып кетти бул? Бийдиң баллары Гүлзийбаны зорлады. Хан болса Бийбижамалды қорламақшы. Енди бул дүньяда жасаў ушын қандай мақсетлер қалды. Гүрес! Өлим! Басқа ҳеш қандай жол таба алмай турман...
Усы ўақытта оның көзи жүзин жас жуўып кеткен Бийбижамалға түсти. Жигирмалаған жарақлы нөкерлер қоршаўында турған ол, тап қайраўдағы жалғыз ғазға усап көринер еди.
Әжинияз артық шыдай алмады. Оның көз алды қараңғыласып кетти де атын кес-кеслеп турған жүзбасыға қабатласты да көкирегине қол салып бирден аттан аўдарып жиберди.
- Жүзбасы жығылды! - деп ҳаўлыққан бир нөкер шапшаң атын айдап келди де Әжинияздың басына сойыл менен берип жиберди.
Ол есиниң аўып, аттан қулап баратырғанын, Бийбижамалдың ашшы даўыс пенен бақырғанын, Қудайбергенниң екинши нөкерди сулайтып таслағанын емески ғана сезди.
Соңынан және есин билер-билмес ҳалда нөкерлердиң қатты бақырысып атырғанын еситти.
- Баўызлап тасла оны, тирилип кетеди.
- Есиң бар ма? Бул Әжинияз шайыр ғой.
- Әжинияз болса болады-дә!
- Гәпти қысқарт, егер өзиңниң қарындасың болғанда не қылар едиң. Ханның бес теңге инамы ушын ийт болып үрип, жазықсыз адамларды тислеп жүргениң жоқ па? Булар халықтың елшиси. Ханның қасқыры болғаның менен ел алдында айыплысаң, - деп кейиди әллеким.
Әжинияз буннан кейин және есинен талып қалды. Тек азанда ғана Қудайберген екеўиниң бир дийқанның үйинде өлимши ҳалында жатырғанын сезди. Жумамурат бул айқаста қайтыс болды.
Өмирдиң теңсизлигинен налып, жолбарыстай ыңыранған еки жигит ертеңине Қоңыратқа қайтыўға мәжбүр болған еди.
5
Қудайберген узақ ойланып қалды. "Атасына мың нәлет бундай өмирдиң. Хан да, бий де ҳәммеси бир гөр. Ҳәммеси елде дурыслы басшының жоқлығынан. Болмаса сорлы Бийбижамалдың не жазығы бар? Қарындасым Хийўа ханының қуўыршағына айланатуғын болса бул дүньяда жасап не қыламан? Я өлим, я өмир..."
Жигит төсегинде және бир аўнап түсти. "Айтпақшы Қулман бий... Қутлымурат инақты өлтирейик деди ғой. Неге олай деди екен? Я мени сынамақшы ма? Яқ, оның да қызы Гүлхатийша хан ҳәремине кеткен жоқ па? Ыза сүйегине өткеннен кейин айтқаны бийшараның. Демек мениң де ханда қастым бар екенлигин сезеди. Муҳаммад Пана... Жаман адам емес-аў қалайда. Я ол да бир қатынпаз биреўмекен? Әй, яғәй. Сөйтип, инақты өлтиремиз... Япырмай бала, өмиримше таўық сойыўдан қорқатуғын мен, Қутлымурат инақты өлтирсем-ә?! Оннан кейин... Оннан кейин өзимиздиң ханымыз болады. Ҳәр айда арбаны толтырып, ханға қыз апарып бермеймиз. Муҳаммед Пана әдил хан болады. Бизиң апама усаған кемпирлер жер тоқпақлап жылап отырмайды. Қулман бийдиң шешими дурыс. Қутлымурат инақты өлтиремиз... Тоқта, тоқта... Оннан кейин мениң ҳалым не болады? Ҳеш нәрсе болмайды. Мен ханның ең жақын адамы болып қаламан. Мени сарайға алып жүрсе? Қудай көрсетпесин. Биреўдиң алдында жети бүгилип жуўырып жүргенди жинимнен бетер жаман көремен. Дийўалға ийилсем де, ҳүждансызлар алдында ийилмегеймен".
"Ертең өлтиремиз" деди ме? Неге буншама тезлетип жиберди. Ҳе, айтпақшы кешеги Бийбижамаллар менен Қулманның иниси Жуманның қызы да кеткен екен-аў. Бай-буў, бул Хийўа ханы деген Қоңыраттың қызларының басына шыққан бәле болды-аў.
Қудайберген усыларды ойлап жатып уйықлап кетти.
Азанда уйқыдан турғанда өзин әдеўир жеңил сезди. Жуўынып ярым зағара менен асығыс шай ишти де талабына кетип қалды. Өтебийке кемпир болса еле орнынан турған жоқ. Қызының күйигине шыдамай үш-төрт күннен бери сулық болып жатыр еди.
Қаланың шетки дийўалларының бири қулап, Қудайберген ҳәм оның жәрдемшиси Сейтим ярым айдан бери оны питеў менен бәнт еди. Уста қарындасын излеп, үш күнге шекем жумысқа келмеди. Кеше миршаблар буны әдеўир излеп, таба алмағаннан кейин инақтың өзине айтыпты. Қутлымурат инақ:
- Тап, таң атса болар, ийт терисин бетине жаўаман! - деп қәҳәрге минип отырса керек.
- Мейли, - деди Қудайберген, - қайтама қамшы жумсаса тәўир болар еди. Ҳеш болмаса гүнасы өзинде қалады-ғой. Өзи тиймесе бирден өлтириў маған да аңсат емес.
Күн сәске болып қалған еди. Шығыс дәрўазадан бурылып, жортып киятырған еки атлының қарасы көринди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
12. 07
#Хушҳабар
Holodilnik satıp alınǵan zat qilasiz hám bomba aksiyaǵa iye bolasız:
👉 Samsung Holodilnik + 32 Smart TV Sıylıqǵa 🎁
👉 Premier Holodilnik + 32 Smart TV Sıylıqǵa 🎁
Asıǵıń, ónimler sanı sheklengen!
Ma'lumot uchun:
📲71-230-77-99
📍Adres: г. Нукус, ул. Ерназара Алакоза, 60 ("Мега Нукус")
📍Adres: г. Кунград, ул. Толеген Айбергенов, дом 1/А ("Mega Park")
Telegram | Instagram | Youtube
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
4
Қыят аўылы тоғайдың қубла еңсесинде еди. Әжинияз усы аўылда туўылған еди. "Болар бала бес жасынан белгили" дегендей-ақ таланты жаслайынан сезилди. "Баламды оқытып, улама етип шығараман" деп жүрген Қонысбай қайтыс болып, жүйрик қырғый мәнзилине асыққанда қанатынан қайрылып, жалғыз бала жары жолда жетим жетим қалып жеккеленип қалған еди. Не деген менен бала өзиниң гөзлеген мақсетинен қайтпады. Басқа талапқа илинсем оқыўдың ушын жоғалтып аларман деген нийет пенен Елмурат ахунға күнликши болып жалланған еди.
Бул кисиниң үйинде диний китаплар менен бир қатарда Саадийдиң "Гулистан"ы менен Наўайының "Ҳамса"сы сақланады. Әжинияз кеште отыннан келгеннен кейин, шыраның жарығында усы китапларды оқыў менен бәнт болар еди. Не деген менен "Гүмис теңге аяқ астында қалмас" екен, арадан бир жыл өткеннен кейин Әжинияздың Хийўа медресесине барып оқыўына мүмкиншилик туўылды.
- Хийўадан мырза басы келипти, оқыўға бала алатуғын усайды, - деп ҳәмме жуўырыўы менен Елмурат ахунның ҳәўлисине келе баслады.
Әжинияз да отын тийелген арбаны тезден туўарып, аламан жыйналған жерге жетип келди. Мырзабасы қырқ жаслардан енди ғана өтип жүрген, басына ақ сәлле ораған қара муртлы, сулыўшық жигит екен.
- Әпиў етиң, ҳәзиретим, - деди ол Елмурат ахунға жүзленип. - Өткен жылы қарақалпақ ҳәм түркменлерден жыйнап кеткен балаларымыз жарамсыз болып шықты. Соның ушын да быйыл бул жерлерге өзим келиўге мәжбүр болдым. Жақсысы, усы жерде сынап көремиз. Ҳәзиринше мениң дизимиме үш баланың исми-шәриплери жазылған. Садық улы Юсуп, Қутлымурат улы Жуманияз, Сейтжан улы Ҳәбийбулла.
Бул үш бала да усы жердеги атақлы үш байдың улы еди, ғаўырлы басланып кетти.
- Айтпадым ба, тек байлардың балларын алады?!
- Жарлыға оқыў қайда? Орағыңды орып, жармаңды ишип, қарныңды тыр-тыр қасып жүре бер-дә!
- Ўақтымыз зық, қәне баслаймыз, - деди Мырзабасы қолындағы әллеқандай бир китапты оң жағынан ашып. Дәслеп Садықтың баласын шақырды.
- Қәне, оқы, балам.
Юсуп китапқа үңилип, аң-таң болды да қалды.
- Оқый алмадым, тақсыр.
Китап екинши ҳәм үшинши балаларға узатылды. Олар да оқый алмады. Мырза басы бурыштай қызарып кетти.
- Бул бир хусни хат емес. Тасқа басылған китап. Усыны оқый алмасаңыз, билмедим сизлерден қандай молла шығады? - Ол сол турысында узақ ойланып қалды. - Араларыңда китап оқыўға талапкерлер бар ма? Егер жақсы оқыйтуғын болсаңыз Хийўада оқытамыз.
- Мен оқып көрейин, - деди Әжинияз алдынға талпынып.
Мырза басы Әжинияздың кир-кир болып кеткен кийимлерине көзи түсти де, оған китапты "берсем бе екен, яки бермесем бе екен" - деп ойланып қалды. Әжинияз сол мәҳәли мәселениң неде екенлигин байқады да Жәмийден бир бәйит оқып жиберди:
Өнердиң ҳеш уяты жоқ, ҳәтте қулдан да тәлим ал,
Патшалар тас жона алмайды, тасты жонар кәмбағал.
Бул бәйитти Жәмий дийўанынан келтирдим, тақсыр, - деди ол мырза алдында бас ийип. Шынында да Мырза басы бул шексиз саҳрада Жәмийди әпиўайы дийқан түўе уламалар да билмесе керек, деген пикирге келген еди. Әжинияздан бул уллы бәйитти еситкеннен кейин кеўли ашылып кетти.
- Бәракалла улым, оқы!
Өзине жумбақ болып турған китап Саадийдиң "Гүлистаны" болып Әжинияз оны талай сапар оқыған еди. Ҳәтте көп жерлерин ядтан билетуғын еди. Соның ушын да ол китапты ҳеш қыйналмастан оқый баслады.
- Бәракалла, сени медресеге қабыл еттик, улым.
Усы ўақытта ғана қамшысы ойнап турған Садық бий тилге кирди.
- Бул жалаң аяқ жетимди оқытқаннан хан қандай пайда көреди? Бурыннан соңғы дәстүр бойынша Хийўада оқыйтуғын адам жүз тилладан артық пул төлеўи зәрүр. Бул баланың үйинде бир ешкиден басқа малы болмаса. - Бул сөзлерге байлар топары мәс болып, ишек-силеси қатып күлисти.
- Қулласы, мени кешириң мырза басы, - деди сөзин нықлап Садық бий, - сиз гилкий жалаң аяқлардың балларын оқыўға таңлап, ханлықты дәраматтан маҳрум етип атырсыз.
Бул сөзлерди еситкен Мырза басының жүзинде қан қалмай қорқып кетти.
- Улыўма мен тек баланың зийреклигин айтып атырман. Пул төлеўге қурбы жетпесе, әлбетте, қабыл ете алмаймыз, - деди. Усыннан кейин барып Садық бийдиң кеўли орнына түскендей болды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
10. 07
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Яқ, еле де жасайман. Қудайберген тораңғыл шақасын қатты услады. Кеминде бир-екеўиңизди алып өлемен! Енди тораңғыл бурынғыдай шайқалған жоқ. Ол арба жолға қарай аўып баратырған сыяқлы еди. Дәслеп тигис сөтилгендей әсте пытыр-пытыр сес шығарды. Соңынан "шыйық" етип, арба жолға қарай қулады. Ўақыяның таң қаларлық жери сол, тораңғылдың Қудайберген минип отырған ушы жолдың шетиндеги екинши тораңғылға илинип қалған еди. Жанын жаббарға берип отырған жигиттиң көзинде үмит ушқыны "жарқ" етти де екинши тораңғылға өрмелей баслады.
Қасқырлар және қутырынып кеткен еди. Бирақ бурынғыдай ҳәрекет жоқ. Талықсып шаршағанлығы билинеди. Қасқырлардың бул тораңғылды да аўдарып таслаўына Қудайбергенниң гүманы қалмады. Буның әтирапының ҳәммеси жас жигилдиклер болып, қай жағына қуласа да аман қалмайтуғынына көзи жеткен еди. Не деген менен күн шығып киятыр. Жигиттиң барлық үмити тек жолда ғана болып тур. Қудайбергенниң ойлағанындай-ақ болды. Көп кешикпей жолда дүсирлеген ат туяқларының сести еситилди. Қасқырлар қаша баслады. Арадан аз ўақыт өтпей-ақ селкилдек шөгирме кийген бес-алты атлы жетип келди. Олар дәслеп жолға жығылған үлкен тораңғылды көрип "тоқсаўыл ма, бул не?" - деп ҳаўлығысып қалды. Усы ўақытта:
- Әғайинлер! Жәрдем бериңлер! - деп тораңғылдан түсип атырған Қудайбергенди көрди.
- Кимсең өзиң?
- Қоңыраттан киятырған Қудайберген деген жигитпен.
- Қаяққа баратырсаң?
- Қыят аўылына.
- Тораңғылдың басында не қылып жүрсең?
- Қасқыр қамалады аға, көрип турсызлар ғой, сизлер болмағанда мен бул дүньяда жоқ едим.
- Өй-буў, қыйын болған екен иним, - деди ишиндеги жас үлкени. - Бизлер де қыят аўылының жигитлеримиз, тойдан киятырмыз. Онда келе ғой иним, жетекке алып киятырған еки атымыз да бар. - Шамасы булар тойда байраққа ат жиберген болыўы керек. Атлары түркмени еди.
Бир жас жигит жетектеги атының дизгинин Қудайбергенге берип атырған еди, жас үлкенлеў биреўи оны тоқтатты.
- Оспан, сен өзиңниң атыңды мына жигитке бермесең болмас.
- Неге?
- Неге болар еди? Қасқыр қаслық етсе жаман болады. Бир олжаға соншелли күш сарыплаған жыртқыш және айланып шаппаса болар еди, деген гүманым бар. Аңқылдаған ақ көкирек бир бала екен. Бийкарға зая болмасын. Сениң көгиң не деген менен тухым ат. Ҳәр қандай жағдайда да баланы қәўиптен қутқарып қалыўы мүмкин. Ал өзиң болсаң аңшы жигитсең ғой, ретин таўарсаң.
Жигит дәрҳал аттан түсип, жүўенин Қудайбергенге усынды.
- Тез минип ала ғой, достым, нағыз тулпар ат.
Бул атлардың қайсысы тулпар, қайсысы қыршаңқы, онысына Қудайберген ҳеш бир мәни берген жоқ. Бурыннан соңғы ат минип жүрмегенликтен, "әй, аяқ суўытқандай болса болар", деди де жаңағы көк атқа минип, жигитлерге қосылып кетти.
Қудайбергенниң бул жигитлердиң жақсылығына әбден кеўли толды ма, яки өзи жас киши болғаннан кейин басқаларға әдеплилик көрсеткиси келди ме, қулласы, жигитлердиң ҳеш биреўинен озғысы келмей кейинлей берди. Астында қашса қутылғандай бедеў ат пайда болғаннан кейин, ол барлық тәшўишлерди умытқан еди. Ат әстен киятырған еди. Бир ўақытлары өзинен-өзи оқыранып, бир-еки сәдделегендей болып еди, Қудайберген өзиниң әллеқандай қумлықлаў жерге желкесинен "торс" етип түскенин-ақ сезип қалды. Буннан хабардар болған жигитлер де ат шаўысып келди. Сол ўақытта ол көк аттың да өзиниң қасынан кетпей турғанын көрди.
- Не болды, иним?
- Билмедим, аттан жығылсам керек.
Қудайберген не ҳәдийсе болғанын өзи де билиңкиремей, жүресине отырып, өйер-бүйерин услап көрип атыр. Бәри де аман.
- О, мәселе қайда? - деди шетирекке шығып алған Оспан. - Пышағың барма Жумамурат аға, көк ат көкжалдың ишин апарыпты ғо. Қасқыр дегенде өшегиссе жаман болады екен-аў...
Қудайберген жығылған жерден онлаған қәдем аррағырақта тислери ақшыйған бир көкжал қасқыр жатыр. Ол жигитке ҳәмле қылмақшы болып турған ўақытта ат сезип, қос дойнақ пенен бир тепкен екен. Ханнан қәперсиз ердиң үстинде киятырған Қудайберген соның епкини менен телпектей ушып кетипти.
Жигитлер жабырласып, қасқырдың терисин сылып алды.
- Енди болды, бул дүньяда барлық душпанларыңды жеңе бересең, - деди қайтадан атқа минип атырған Жумамурат аға.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
09. 07
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Және де дым узақтан ҳарып, шаршап киятырған жолаўшыға мегземекши болып, анасының гөнелеў жаўлығы менен бет-жүзин байлап таслады. Оннан кейин ийнине үлкен бир шекпенди жамылды да үйден шықты. Бул ҳалда оны ең қәдирдан адамының өзи де танымай қалыўы сөзсиз. Оны көрген ҳәр қандай адам "Үстирттен кәрўан менен келген бир киси қалада тамыр-танысының үйин излеп жүрген болса керек", - деген пикирге келер еди.
Жол дәрўазаға жақынлаған сайын адамлар көбейди. Шамасы кеште дәрўазадан өткен адамларды тексерип жибериў, қуптаннан кейин ҳеш жақтан адам өткизбеў ҳаққында ханның буйрығы бар усайды. Дәрўаза алдындағы аламан еки қатарға бөлинген болып, биринши қатары қалаға енди кирип киятырғанлар, булар негизинен отын артылған арбалар менен үстине жүк артылған кәрўанлар топары.
Ал, сыртқа шығып баратырғанлардың көпшилиги дийқанлар. Ҳәр қайсысының ийнинде жамалған қапшық болып, олардың ишинде аз муғдарда шытпа-таўар ма, әйтеўир бир нәрселер бар. Дәрўазабанлар шыт пенен бөз алып өткенлерге тиймегени менен қаладан бел, орақ, кетпен алып шыққан дийханлардың жанын келиге қамады.
- Бүгиннен баслап Қоңыратта усталардың қылыш, найзадан басқа затты соғыўына тыйым салынғанлығы ҳаққындағы уллы ҳәзиреттиң пәрманынан хабарыңыз жоқ па?
-Өлимнен хабарым бар да, бирақ буннан хабарым жоқ, тақсыр.
- Онда бул буйымларды таслап қара басыңның аман ўағында аўылыңа жөнел! Нөкерлерге қылыш соғыўға темир жетпей атыр.
Дийқан аяқ-қолы босасып, бир майдан турды да, қапшығындағы затларды нөкердиң аяғының астына таслады. Соңынан бир нәрсе есине келгендей:
- Әпиў етиң тақсыр, биз дийқанлар орақ, кетпенсиз қалай жасай аламыз? Егер бул затлар болмаса егин де болмай, ашаршылық болып қалмас па екен? - деди.
- Жоғал, деймен саған! - деди ашыўға буўлыққан нөкер. Буннан кейинги дийқанлар да мәселени сезип, бел, кетпен усаған затларын дийўалдың қапталына ылақтыра баслады.
Темир дүканлар миршаблар қарамағына өткеннен кейин-ақ усталар түслик ўақтында дийқанларға жәрдем бериўди ойласып, атақлы Сейитқасым уста өз шәкиртлериниң биреўин үйине жумсады.
- Үйде кишкене устахана бар екенлигинен өзиңниң хабарың бар. Қылыш соғыў гүна болса да, дүньяда бел менен кетпен соққаннан саўап ис жоқ. Жер геўлеп, напақа таўып берип отырған дийқанларды қапа етиўге болмайды. Соның ушын да Турсынбай бүгин қас қарайғанша дийқанларға бел, кетпен, орақ, балта соғыў менен бәнт болды. Олардың қаладан бүгин кеш шығыўына да усы жағдай себепши болған.
Қудайберген де усыларға қосылып, қараңғыда Қоңырат дәрўазасынан шығып кетти. Жоллар кем-кемнен ҳәр жаққа тармақланып бөлинип, енди дийқанлар әдеўир сийрексип қалған еди. Шарлаўыққа қарай бурылатуғын жерде сөйлесип киятырған еки дийқан да оңға бурылып кетти. Қудайберген солар менен бирге кетиўге ыңғайласқан еди, бирақ та анасына "Шарлаўық"қа бараман дегени есине келип, дәрья жағасындағы жолға түсиўге мәжбүр болды. Бул жаққа бир ешекли ғаррыдан басқа ҳеш ким қайрылған жоқ. Жигит жанына бир адам болса да жолдас табылғанына шүкиршилик етти.
- Қай жаққа барасыз?
- Шарлаўыққа.
- Онда жақсы болды, бирге кетемиз балам. Түн қараңғы болған соң, танымай қалдым ба? Ол жерде кимниң баласысаң?
- Өзим Қанлыкөлденмен, бул жерге биринши келиўим, - деди Қудайберген Қоңыратта туратуғынлығын жасырғысы келип. Атым Қудайберген, талап излеп киятырман, ата.
- Талап излеп? Ол жерде атақлы байлардың аўылы жоқ ғой. Аңшы болсаң бир гәп. Қоян-қырғаўылы балығы көп. Әй, билмедим-аў, талапкерге жумыс табыла қоймас ол жерден, - деди ғарры екиленип. - Оннан да анаў Сейитқул бийдиң аўылына барғаның жөн ғой.
Сейитқул бийдиң аўылының адамларының көпшилиги Қудайбергенди таныйтуғын еди.
- Әй, бахтымды Шарлаўықтан излеп көрмекшимен ата, - деп қоя ғойды. Бул ешекли ғарры Шарлаўықтың итибарлы адамларының бири болған Айтмурат дарға еди. Қудайберген екеўи ешекти алмасып минип, ертесине песин ўақтында Шарлаўыққа зордан жетти.
9
Шаршап қалған Қудайберген уйқыдан намазлыгерге барып оянды. Бул жер "Шарлаўық" деп үлкен ат алғаны менен жисмине туўры келмес еди. Қарсы алды қылыштай қайрылып аққан Әмиўдәрья.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
19. 07
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Қулман оның менен жасырын сөйлескенде: "Егер Қоңыратты өз қолыңа ала алсаң үш мың атлы нөкер беремен" деп ўәде еткен еди. Солардан елиў адам жүзбасы ҳәм хан ҳәмелдарлары болып хызмет атқарады.
Ҳәзир әйне пайыт. Хожелиде арбаны қуўып жеткен нөкерлер арғы жағына Гөне Үргенишке, Атамурат ханға да хабар береди.
Усылайынша ол дийўанбегини шақыртып алып, Мухаммед Пана ҳәзиретлериниң атынан Атамурат ханға хат жазыўды буйырған еди.
Пана хан сарайы бурынғы Қутлымурат инақтың ҳәўлисине жайласқан. Қутлымурат инақтың өлтирилгенинен хабар тапқаннан кейин оның еки иниси менен бала-шағалары Хийўаға қашып кетти. Соның ушын да бул жерге Пана ханның бала-шағалары көширилип алып келинди.
Ханлық дүзилгени менен еле өз күшине ийе болды деп айтыў қыйын. Инақтың өлтирилиўине байланыслы олардың ағайинлери де бас көтере баслады. Нөкерлер оларды тутып келгени менен салып қоятуғын зиндан яки ҳүким шығаратуғын қазы табылмады. Пана хан "отыратуғын орным болса болды" деп, басқасы менен қызықпай атырған сыяқлы. Соның ушын да бул мәслеге жан күйдирип жүрген тек Қулман. Ол Сейтназар сәрдарды шақырып алып, елден нөкер жыйнаўды буйырды.
- Ханның салтанаты нөкер менен, әзийзим. Нөкерсиз патша таяқсыз шопанға усайды. Ал, шопанның таяғы болмаса қойлары өз басына ылағып кетеди. Алла сизге қуўат берсин! Ел ишинен мыңнан аслам нөкер жыйнап қайт.
Буннан соң ол Юсуп мәҳремди шақыртты:
- Ханның ғәзийнеси жоқ. Елден салық жыйналсын. Байлар салықты ат пенен төлесин. Нөкерлер ушын керек.
- Әй билмедим-аў, - деди Юсуп мәҳрем. - Кешеги салық төлеўде халық пүткил жалаңаш қалды ғой. Үйлеринде я бир шылым арпасы жоқ.
- Хан сөзи еки болмайды, - деди Қулман. Басын услап узақ ойланып қалды да, Жумамурат беглер бегини шақырды.
- Ертеңнен баслап қаладағы барлық темирши усталарды жыйнап, қылыш соқтырасаң. Жаңадан нөкер жыйнап атырмыз.
- Қуллық тақсыр!
Қулман қаншама ҳәрекет етпесин бул ислери еле жеткиликсиз екенлигин сезип турар еди. "Өзи шаппаттай қалаға төрт мың нөкер жайғасыўы керек. Олардың азық-аўқаты, жаў-жарағы, кийим-кеншеги, бәри ханның мойнына. Қаншама ат табыў керек. Ол атлардың от-жемин қаяқтан алады? Халық болса пүткиллей посып кетейин деп отыр. Атамурат ханнан еки мың нөкер сорады. Ол Қоңыратты жайпап кетсе не болады? Көбиси ел талап, баспашылық етип жүргенлер. Негизинде бул иске қол урмасам болар екен", - деп өзине-өзи налый баслаған еди. "Басқа рети бар ма екен? Ҳаў бар екен ғой. Неге орыслардан жәрдем сорамадық. Халықты таламайды. "Атыма жем бер" - деп отырмайды. Анаў пароход дейме-аў, нәҳән бир кемени Әмиўдәрьяға әкелип байлап қойса, Хийўа түўе Бухара да "аўзыма қум" демеспеди. Бул ҳаққында ҳәзир-ақ ҳәзирет пенен ойласыўым керек"
Арадан ярым саат өткеннен кейин Қулман бас мырза басыны шақыртып, Оренбург генерал губернаторы Тяукин мырзаның атына хат жазылды. "Жоқары дәрежели ҳәзиретим! Сиз уллы дәрежели тақсырымызға сол нәрсени қабыл етиўиңизди өтиниш етемиз. Биз уллы султанлар, ханлар нәсилиден болмыш ҳәзирети Муҳаммед Пана хан, алла таланың қәлеўи, тамамы ел-журттың қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде уллы мәртебели Қоңырат тахтының ийеси етип тайынланғанбыз. Қарақалпақ журты, теңиз ели, бәршемиз уллы мәртебели сиз бенен мүнәсибетлеримиз жақсы болғай, деген тилектемиз. Бизден сизге, сизден бизге елшилер келип турғай. Бирақ бул кеўилсиз ўақыядан кейин Хийўа ханы Сайд Муҳаммед Әмин хан әлбетте бизге қыянет етсе керек, деген пикирдемен. Биз уллы мәртебели Россия патшасы тәрепинде болыўды қәлеймиз. Бизден жәрдем керек болса алың. Соның ушынким, жәрдемге бирнеше флотилия жибериўиңизди соранар едик.
Уллы мәртебели Муҳаммед Пана хан".
Қулман бул хатты шабарман арқалы Оренбургке жөнеткеннен кейин барып кеўлиниң азмаз тынышланайын дегенин сезди. Бирақ, хан сарайы еле де үлкен тәшўишлерге толы еди.
8
Қудайбергенниң үйинен берекеттиң қашқанына әдеўир күн болды. Төсек тартып жатып қалған анасы кеше ғана басын көтергени болмаса, бурынғыдай жайнап-жаснап отырып шай да ишпейди. Ғарры ананы ғам басып, бирден көзлери ишине кирип кетти. Бул үйде бир шылым ун, бир тислем нан қалмады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
17. 07
Qollap-quwatlayıq! Ana tilimizdiń keleshegi ushın
Читать полностью…Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Булар екеўи узақ түн отырып әңгимелести. Тиркештиң берген кеңеси төмендегише болды:
- Жақсысы сен усы жерден елиңе қайт. Қалыңлығыңды таўып алыў қыйын. Жақында бес-алты күнликте бул жерде Қоңырат ҳәкиминиң ханға инамға жиберилген еки арбасы таланды. Көп адамлар өлди. Шамамда Атамурат хан қызларды Мешкетке айдатып жиберген болыўы керек.
Бирден бул кеўилсиз хабарды есиктен Әжинияз үстине бир шелек муздай суў қуйып жибергендей сам-саз болды да қалды.
- Ырас па?
- Өз көзим менен көрдим.
Енди Әжинияз не деп айтарын билместен жүресине отырып қалды. Сол қәлпинде узақ отырды. Салынған төсекке де жатпады. Кирпик қақпай таңды атырды. Тиркеш ырасын айтса да әдеўир қыйналып қалды.
Түни менен толғанып, таңды гүзетип шыққан Әжинияз ала геўгим ўағында атына минди. Зәңгисин басып пәйик болып атырған жас жигит:
- Аға, берекет табың, бизлердиң бул жерде екенлигимизди айта көрмең, - деп шыжа-пыжа болды. Ол жигитке узақ ўақыт қарап турды. Соңынан жигиттиң басынан сыйпады:
- Менде саған усаған қанаты сынған суңқарман, иним. Бахытлы болыңлар, - деди де Тиркеш пенен хошласып Хийўа жолына түсти.
Әжинияз Хийўада бир ҳәпте болды да, Бийбижамалдың дерегин таба алмастан және изине қайтты.
7
Ерте дәўирдеги түрк тайпаларының ишинде "Қоңырат", "Маңғыт" деп аталған еки ири қәўим бар. Булар саҳра қәўимлериниң ишиндеги ең күшлилеринен есапланып, саўашларда дәўжүреклилик көрсеткен. Соның ушын да халық арасында "Қоңыраттан қыз алсаң, балаң батыр болады, Маңғыттан қыз алсаң, балаң хан болады" деген уғымлар қалған. Булардың көпшилиги монгол султанлары менен қыз алысып, қыз берисип, ҳәтте әмир дәрежесине көтерилген.
Ал, айырым дәреклерде "Қоңыратлар Майқы бийдиң жийенинен тарқалған" делинеди. Бийдиң қуўса табжылдырмайтуғын, қашса жеткизбейтуғын тулпар қоңыр аты болған екен. Жийени дайысынан сол атты еншиге бериўин сорайды. Майқы бий илажсыз көнеди. Солай етип тулпар қоңыр аттың жәрдеминде қоңыратлылардың жеңбеген жаўы, шешпеген даўы қалмайды. Ақырында булар "Қоңыратлылар" деген ат пенен тарийхта қалады. Бул ел арасынан нешше азаматлар шығып, басын қурбанлыққа берди. Муҳаммед Пананың ата-бабалары усы Қоңырат тайпасына кирип, бурын ел бийлеген болса да, өзи ыссы нанға алғысыз, бир сылбыр. Туўрырағы онда ел басқарыў қәбилети жоқ, қара басының рәҳәтинен басқаны ойламайтуғын бир мешкей, тек аўқат жеп, уйықлаўды машқы ететуғын адамлар топарына кирер еди. Демек, бул жаслайынан-ақ өли жан. Ата-бабалары атақлы бай болса да, усындай себеплер менен Муҳаммед Пана әдеўир кәмбағалласып қалған. Ҳәзир хан болғанда да, ол қорасы менен қулқынын толтырыўдан басқаны ойламас. Ол усындай ҳәрекетлери болыўына қарамастан өзин әдеўир ақыллы сезер, ондағы данышпанлықты көпшилик сезбей атырғандай өз-өзинен күйинер еди.
Ел басқарыўда өзиниң жеке пикирине ийе емес, сонлықтан да Қоңыратлылар өз алдына ханлықты күсегенде де, бундай жарымес ханды күткен жоқ.
Қулман ҳәм оның топарларына усындай адам зәрүр болғаны ушын ғана оның ата-бабаларының атын көклерге көтерип, Муҳаммед Пананы хан етип тиклеген еди. Жаңа хан сарайында Панадан көре Қулманның аты көбирек тарқалып кеткенинде де гәп бар.
Бул Қулман бийге унады, әлбетте. Қулман ҳәмме нәрсени биледи. Бирақ хан туқымы емес-тә. Соның ушын да оған тап усындай парықсыз қуўыршақ ханлардың биреўи зәрүр. Буны дәрҳал түсинди де, ханның биринши ўәзири ҳәм ақылгөйи болып, оң жағына шығып алды.
Сол күни тамамы Қоңырат ҳәмелдарлары Муҳаммед Пананы гилемге салып, сарайды айландырды да Қоңырат тахтына мингизди. Енди ол барлық Қоңырат елиниң ханы. Сарайдың барлық жумысларын Қулман бий сол ўақыттың өзинде-ақ қолына алды. Хан салығы тийелген арба ҳәзир Хожелиге барып жетти. Оны тезден қайтарыў дәркар. Қоңыратта бир мыңнан артық нөкер бар. Бул бир ханлық ушын аз. Хийўадан келген бес жүзден аслам нөкер бас саўғалап қашып кетти. Ҳәзир ханның алдына жетип барған шығар. Олар еле бес мың нөкер болып қайтып келип, Қоңыратқа ҳүжим қыла ма, ким билсин? Ендиги үмити тек Гөне Үргеништеги Атамурат хан. Ол Хийўа ханының қас душпаны.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
16. 07
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Екеўи ўәделесип бизиң жаққа қарай қашқан. Сениң қарақалпақтан киятырман деген сөзиңе қарап, қуўғыншы болсаң керек, деп шамалаған едим.
- Мен ырасында да қуўғыншыман Тиркеш аға. Бирақ басқа қуўғыншыман.
- Басқа қуўғыншы болса мәйли, - деп күлди Тиркеш.
Тиркеш шынында да ақ көкирек адам екен. Гүманы тарқап, арқасы жазылғаннан кейин әдеўир сөзшил болып кетти. Өзи де жер шуқлап ҳадал мийнети менен күн көретуғын дийқан адам екен.
Шай үстинде әдеўир гәплер қозғалды.
- Сөйтип Жыланлыда қандай ўақыялар болып атыр, Тиркеш аға?
- Өй-буў, иним сорама. Атамурат хан болды да, түртпесе түсинбейтуғын түркпен бирден қарақшы болып өте шықты. "Өзи аллаталамның жаратылысында барлық халық тең жаралған". Атамурат бул теңликке қарады ма, бурын мал сатып байыйтуғын еди. Енди адам сатып байып атыр. Иранның қул базары қарақалпақ пенен өзбектиң қызларына толып кетти ғой. Буны өзиң де билетуғын шығарсаң.
Тиркеш азмаз даўысын пәсейтти.
- Еле мен айтты дерсең. Атамуратты жер жутады. Адамзатқа азар берген адамның ҳеш қайсысы бинай өмиринде келе болған емес. Түркменнен хан болғаны жақсы. Бирақ бундай жаўызлықлардың не кереги бар? Түркмен деген халық бурын өзи тиймесе дәрпенбейтуғын, егер тийсе оңдырмайтуғын болған. Ҳәзир сол түркменлер қайда? Бәри жуўас адамлардың изине түсип, шымшық қуўған қырғыйға айланып кеткен жоқ па? Бәри басшының бузықлығынан. Елди бузып болды, инсапсызлар. Бир қара беттиң себебинен барлық халыққа насақ тағылайын деп тур. Мениңше, муҳаббат деген нәрсе ҳаял менен еркектиң қәлеўи менен болады. Булар биреўдиң әкесин, шешесин өлтирип қызын ҳаяллыққа алады. Соннан муҳаббет бола ма?
Бир нәрсе сорасам айып көрмең мийман, - деди Тиркеш, - Әллеким сизге қатты азар бергенге усайды. Жүзиңизден белгили болып турыпты.
- Ким болар еди аға, ханның сәрбазлары да. Қалыңлығымды қутқарыў ушын тырыстым. Илажы болмады.
- Олардың ҳеш биреўинде де ҳүждан жоқ. Болмаса хан әйне сениң қалыңлығыңды тутып алып келип бер деп айтпаған шығар. Дүньяда кәмбағалдың күни қурысын. Айтпақшы көринисиңизден бир зиялы адамға усайсыз.
- Мен шайырман. Өзиң билесең, ҳәзир бизиң заманымызда шайырлардың қаракөл қойдың саўлығындай-ақ ҳалы жоқ. Өзиңиз шарўалар арасында жасап киятырған адамсыз ғой, билетуғын шығарсыз. Дүньяда қаракөлдиң саўлығынан ғамлы жан жоқ. Қаракөл тери қымбат болғаны ушын балаларының бәри еки-үш күннен кейин сойылады. Саўлық бесинши баласының сойылғанын көрген ўағында шыр-пыр болып өлип қалады екен. Елдеги әдалатсызлық бизлердиң жүрегимизди де шоқтай жандырады. Шайырлар да тап сондай. Иши толы дәртли адамлар.
Ортаға пуўы бурқыраған бир табақ нан сорпа келди де гүрриң тоқтады.
Тамақ желинип пәтия етилгеннен кейин барып Тиркеш және сорады:
- Сизиң жақта қандай жағдайлар болып атыр, Әжинияз иним?
- Бизиң жақтың жағдайыныңда сизиң жақтан парқы жоқ. Халық болса Хийўа ханлығының ермегине айланды. Арадан бир ҳәпте өтпей-ақ сала қулаш қағазын алып, салық жыйнаўшы келеди де турады. Еплеп егин егип зордан күнлетип отырған елде не болсын. Бурын дән алатуғын еди. Енди егини жоқтың қызын тартып алатуғын бәлени шығарды. Оның үстине атлы топылып турған Атамураттың адамлары да аз емес. Қулласы, айтары жоқ. Халық дым қор болды.
- Қарақалпақ дегенде көп ел ғой. Оннан да өз алдына ханлық болғанда қәйтер еди.
- Елдиң тилеги де сол ғой. Бирақ шигинниң қамырындай басы бирикпейди. Жайы жәннетте болғыр Ерназар алакөз қаншама гүрести. Нәтийже аз болды. Ағайин ала болғаннан кейин исиң жүрисе ме? Ең изинде өзлери менен өзлери урысты. Енди Қоңырат беглиги бас көтерип атыр. Оның қолынан да не келер дейсең. Он төрт уруў қосылғанда бир гәп болар еди.
- Нийети жақсы екен. Бирақ изинде бизиң Атамурат ханға усап қарақшы болып кетпесе.
- Өзи қарақшы бола алмағаны менен түбинде қарақшыға жем болады. Ақыры Атамурат ханды жәрдемге шақырып отыр ғой.
- Онда Қоңырат қолдан кетти дей бер. Халыққа азатлық әперемен деп жүрип, апатлық алып бермесе?
- Шынында да солай. Мениң пикиримше, Қоңырат ханлық дүзиў ушын еле таяр емес. Оның ушын пүткил қарақалпақлар бирлесиўи керек.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
15. 07
1.Qońsı-qoba
2.Usı nárseniń qobı kelip tur ma?
Usınday sózler bar edi. Eger qáte bolmasa
Qomagʻay sóziniň mánisin kim biledi?
Читать полностью…Siz uchun maxsus SINOV - 2024
ONA TILI VA ADABIYOT
☑️Orfografik va leksik tahlil bilan bog'liq testlar
☑️ Grammatik va uslubiy tahlil bilan bog'liq testlar
☑️ Ilmiy - publitsistik va rasmiy matn bilan bog'liq testlar
☑️ Mumtoz matn va g'azal bilan bog'liq testlar
☑️ Adabiy tahlil va asarning g'oyaviy - badiiy xususiyatlari bilan bog'liq testlar
Eslatma : Ushbu kitob BMBA - 2024 standart testlari bilan ,,kopiya" (ota - boladek) tuzilgan.
Kitobdan namuna : /channel/Uztilim_01/2900
Gapning qisqasi : Inyaz va uzlet imtihonigacha yechishga javob ulguras.
Muallif bilan bog'lanish : @Shohjahon_Akbarov
Eslatma : muallif ushbu fan bilan bog'liq istalgan savollarga javob beradi, bittagina sharti bor...
Murojaat uchun : @yoqubbek_zamon_kitob
Telegram kanal : @Uztilim_01
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Булардың Қутлымурат инақ пенен Қулман бий екени атларынан-ақ белгили болып турыпты. Инақ ҳәмме ўақыт миршаблар менен бирге айланатуғын еди. Бул сапары тек Қулман бий екеўи киятыр. Бул да бийдиң инаққа ислеген ҳийлеси.
Қутлымурат инақ жүдә ашыўлы. Соның ушын да гәпти бирден ашшы баслады.
- "Ийттиң басын табаққа салса шоршып түседи", дейтуғын еди. Ҳәй, жалаң аяқ! Енди қарның тоя баслады ма?
- Неге?
- Және неге дейсең-ә, тили кесилгир, ҳаў үш күннен берли жоқсаң. Үлкен бир қаланың дийўалы ырақана-жырақана болып тура бере ме?
- Енди биз ийт болдық та, сиз адам болдыңыз ба?
Бундай сөзди еситип көрмеген инақтың бирден зеребеси қайнап, көзи тас төбесине шығып кетти. Қолындағы қамшы менен бир бир түсирмекши еди, ат гибиртиклеп, жақынламағаннан соң бирден жерге ырғып түсти де, жүўенди Қулман бийге берди. Қудайберген ылай қамбадағы кетпенди қолына алды. Усы ўақытта оның көзи Қулман бийге түскен еди, ол "дурыс ислеп атырсаң" дегендей бир көзин қысып қойды.
Инақ, сирә уста мени кетпен менен урар, деп ойлаған жоқ. Солай болса да, ол қорққанды ар көрди ме, қамшысын таўлап жақынлап қалған еди. Қудайберген усы пурсаттан пайдаланды да инақтың басына кетпен менен салып жиберди. Кетпен сондай нық тийди. Ири геўде сол мәҳәл сылқ етип қулады. Қалтырап турған Қулман инақты дәрҳал тирилип кететуғындай "және", "және" деп бақырды. Кетпен үшинши урылғанда инақтың басы пыт-шыт болып кетти.
Сасқалақлап қалған Қулман:
- Тоғайдың ишине көмиң! - деп бақырды да өзи қалаға қарай ат шаптырып кетти. Тоғай арасындағы бир ашық жерди терең етип қазып, инақты Сейтим көмип келди. Сейтим бул иске араласыўға дәслеп кеўли шаппаса да, Қулман бий оны көп ақша берип көндирген.
Қоңыраттың иши пүткиллей аласапыран болып кетти. Өрден-ыққа шапқан нөкерлер сеңдей соғысқан аламанды атына қақтырып өтип атыр. Қоңыратта Хийўа ханының аты менен ҳүким жүргизетуғын Мәтнияз жүзбасының қанға боялған денеси базар жай аўзында жатыр. Оннан сәл аррағырақта бес-алты хан нөкериниң денеси жатыр. Адамлар өз тәшўишлери менен әўере. Ҳәр кимниң аўзында сыбыр-сыбыр сөз.
- Бүгин Қутлымурат инақты өлтирипти.
- Өлтирсе Қоңыратқа инақ қапыла ма? Және биреўи болады-дә.
- Инақ емес, хан сайлайтуғын қусайды. Қоңыратта өзимиздиң ханымыз болады.
Ақыры намазлыгер ўақтында Ҳәбибназар жаршының қарлыққан ҳаўазы еситилип турды.
- Әй, адамлар! Таўда өскен бадамлар! Еситпедим демеңлер! Аҳли мусулман, ҳәзирети Султан, даналар данасы, уллы мәртебели Төре Султанның нәбийреси Муҳаммед Пана ҳәзиретлери бүгиннен итибаран даңқлы Қоңырат улысының ханы, тажы тахт ийеси болып тайынланды, - деп тәкирарламақта.
6
Әжинияз аўыр жатарда Жыланлыға зордан жетип келген еди. Жаралары еле тәўир болмаған. Сонда да сақлықта қорлық жоқ. Өмиринде ушырасқан дәртине даўа болған опадар яры Бийбижамалдан ажыралып қалыўын қәлемейди. Хийўа сарайы жанып турған бир от болып, Бийбижамал отқа тасланған бир буйым сыяқлы тезден жанып кетиўинен қорқса да, үмити еле үзилмеген.
"Хан соншама ҳаял алып қыздан қала салармеди. Патша болғаны менен де негизи адам ғой. Онда да диянат, жүрек бар шығар. Кеўил дәртлеримди төгип салсам жүреги жибип кетпеспе екен?" - деген ойы бар. "Жүдә болмаса Қутлымурат инақ медресесиндеги итибарлы мударрислеримниң биреўин араға саларман" деген пикири де жоқ емес. "Әсиресе Хераттан келген Абдулла мударрис сақаўатлы адам еди. Аяғына барып бас урсам арзымды тыңлап хан алдына қәдем рәнжида қылмас па екен?
Қаралы хан жүзден аслам каниз сақлап не қылар еди. Алжыған патшаға ҳәр қыздың өзи бир кийип ылақтырып таслайтуғын көйлектей әндийшесиз. Ҳәремнен берилген инам да ол ушын бир көйлеклик бөз бергендей нәрсе. Не деген менен ығбалым жүрисип кетер" деп ойланады.
Жаралары еле питпепти. Мең-зең болған басы ат адымлаған сайын аўырсынып, шекеси шытнап киятыр. Көп жол жүргеннен кейин аңқасы кеўип, мазасызланып, кеўли еле алғаў-далғаў.
Жыланлы бурыннан қатнасып отыратуғын ел болмағаны ушын туўры барып түсетуғын үйи жоқ. Қай жерге барып түсиўин билмей ар-сар.
Атамурат хан бөлинип шыққаннан берли бул жердиң көпшилиги қарақшы болып кетти.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
13. 07
Жәмийла
Дәниярың болайын...
Бахытлы Сарыбаев
Оқыған: Саламат Отарбаев
@BaxitliSaribaev
Камал Мәмбетов
Бозатаў
Роман
Бул сөзди аламанның ортасында турған Әжинияздың дайысы Сейитнияз да еситкен еди.
- Неге қурбы жетпейди екен? Мениң үш сыйырымның екеўин алсын. Ҳәй, Нурымбет! - деди артында турған әллекимди шақырып. - "Ер мойнында қыл арқан ширимейди" деген. Өлейин деп отырған күниң жоқ. Төрт сыйырың бар. Бер екеўин еншиге Әжиниязға! Ҳәй, Жақсыбай! Сен де Қосыбайдың еки атаға бармаған инисисең. Баланың бахты ашылған ўақтында жөтелип қалсаң-о? Ҳаў, бизлер-ғой, болса сақыўға болсын деп, ала гегирдек болып атырмыз. Сеники не турыс? - деди.
Әжиниязға буннан басқа да мал инам етиўшилер көбейип кетти. Усылайынша ел-халық болып Хийўаға атландырылған Әжинияз жақында ғана оқыўын питкерип келген еди.
Әжиниязлар еле жай салып үлгермеген. "Қыят жарған"ның бойында әкесинен қалған гөне отаўды тигип, анасы Нәзийра, қарындасы Ҳурзада, иниси Абдуллалар менен бирге төртеўи туратуғын еди.
Неге екенлиги белгисиз, үш-төрт күннен бери Әжинияздың мәниси жоқ. Ҳәр қыйлы түс көрип уйықлай алмайтуғын бәлеге ушырады. Көзи илинсе болды, биреў Бийбижамалдың шашынан услап тартып баратырғандай болады да, оның "Әжинияз мени қутқар" деген емески сеслери еситиле береди. Көзин ашып қараса, үйдиң иши тып-тыныш, көзин жумса, сол баяғы аўҳал.
Бүгин қосық жазбақшы еди. Усындай болып отырған адамның кеўлине қосық қона ма? Сыя-сайманын жыйнастырып, қайтадан Ҳафызды оқыды. Бул да болмады. "Енди не қылсам екен?" деп қыялға берилип отырған ўақтында есиктен Қудайберген кирип келди. Оның уйқысызлықтан ишине кирип кеткен көзлери, Әжиниязды қыйнаған түнлердиң себебин сездирген сыяқлы еди.
Әжинияз орнынан ушып турды.
- Аманлық па, Қудайберген аға?
- Аманлық, бирақ хан нөкерлери Бийбижамалды алып кетти.
- Неге?
- Үйден хан салығына пул табылмаған. Соңынан салық пул орнына Бийбижамалды алып кетемиз депти. Миршабтың сөзлери әрре-тәрре. Биринде салық ушын алдық десе, биринде хан ҳәреми ушын керек, - деп айтады дейди.
- Кеўлим сезип турып еди-аў. Илайым хан ҳәреми ушын болмағай. Егер салық ушын болса, нобайырақ пул берип алып қалар едик. Қашан болды бул ҳәдийсе?
- Кеше песинде.
- Сен әдеўир шаршапсаң. Шай-суў ишип ал, мен сыртқа шығып атлардың ер-турманын ғамластырайын.
Булар және түн ишинде жүриўге мәжбүр болды. Бирақ атлары пәтли еди. Соның ушын да әдеўир жеделленип песин ўақтында қалаға келип кирди. Бийбижамал Қоңыратта жоқ екен. Хан миршаблары бир неше сулыў қызды арбалы Хийўаға алып кетипти. Екеўи асығыс Қудайбергенниң үйинде түсленди де Хийўа жолына қарай тартты. Қоңыраттан Жумамуратты изине ертип алған Әжинияз бенен Қудайберген атларын ақ көбик қылып жол жүрип шаршап, ҳалдан тайған ҳалында ертеңине күн арқан бойы көтерилген ўақытта қызлар тийелген арбаны Қарабайлыда қуўып жетти. Еки арба жигирмалаған нөкерлер қоршаўында баратырған еди.
Денеси ири болса да өзи қәўпеки Жуманияз жүз басы саўыт-сайманға малынып, өзин әллеқандай бир сәркарда сыяқлы көрсетип, арбадан он қәдемдей алдында жийрен аттың үстинде ҳоппыйып киятырған еди.
Атлары озыңқырап барып, үшеўи бирден жүзбасыға сәлем берди. Жүзбасы Жумамурат пенен Қудайбергенди менсинбегени менен, Әжинияздың әдеўир оқымыслы адам екенлигин сезип, атының жылаўын тартты.
- Хызмет тақсыр?
- Билесиз бе, биз жоқта қарындасымызды миршаблар "хан салығы ушын", - деп алып кеткен. Ҳәзир бизден бес теңге емес, елиў теңге алып қарындасымызды қайтып берсеңиз.
Әжинияз Қудайбергенниң алдында Бийбижамалды қалыңлығым деп айтыўға уялып, "қарындасым" деп уқтырған еди. Ол жүзбасы елли теңгени аз көрер деп ойлады ма, - өтинемен жүзбасы аға, үш атымызды да алып қалың, - деп жалынды. Жүзбасы: "Қандай адам болғанда да ханға инам етилген қызларды сорай алмаса керек", - деген пикирде еди. Соның ушын да ол бирден ашыўланды.
- Өзиңниң есиң бар ма иним? Булар ханға инам етилген қызлар. Сениң елли теңге пулың менен қыршаңқы атыңды басыма ураман ба? - деди тутлығып.
- Берекет табың аға, қалдырып кетиң.
- Жолдан шық! - деди ашыўға буўлыққан Жуманияз жүз басы. Әжинияз истиң насырға шапқанлығын сезди.
Енди бул дүньяда Бийбижамал оның ушын жоқ еди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
11. 07
Ассалаума алейкум, соңғы уақытлары айырым каналлар қарақалпақ тилинде жазылған хабарларда, дағазаларда қопал қәтелерды тез-тез жиберип атыр.
Қайсы мәкеме қадағалауға алыуы керек буны?
Germaniyada júrgen jáne bir jerlesimiz.
Читать полностью…Ассалаума алейкум каракалпагым аман жатып турагойдынлар
Читать полностью…