Ҳеш қашан "Ўақыт табалмай атырман" деме! Тарийхта даңқы қалған бәрше уллылардың да бир күни 24 саат болған, оннан асып кетпеген!
@qaraqalpaqsha
Írím
Bir shópti awzıma tisletip qoyıp,
Sen jaǵama sádep taǵıp atırsań.
Shashıńdı iyiskeymen men toyıp-toyıp,
Demiń menen meni jaǵıp atırsań.
Súyrik sawsaqlarıń perde basqanday,
Ak sabaqlı iyne menen oynaydı.
Kewlim-qazandaǵı sútiń tasqanday,
Tartınshaq sezimler menen qaynaydı.
Áne, tisiń menen sabaqtı qıydıń,
Kókiregime taqap gúldey júzińdi.
Qıyalımda seni aymalap súydim,
Hám pútkil umıttım sonda ózimdi.
Buytip seniń taǵarıńdı bilgende,
Úzilmes pe edi barlıq sádebim.
"Janım, men ashıqpan saǵan" degendi
Aytqızbas awzıma tisletken shóbiń...
© Ì.Yusupov
Tavsiya etaman: İbrayım Yusupov
https://play.google.com/store/apps/details?id=com.ibrayimyusupov.qosiqlari
Сүўретте көрсетилген бул нәрсениң не екенин тек айырым Қарақалпақлар ғана биледи екен.
Илтимас ҳәммеңиз жуўапларыңизды қалдырсаңиз👇
Сүўретте көрсетилген нәрсе не?
Уршық Шаш түйгиш
Шыңқобыз Безек
10000 $BLUM = 1000$ ?
Notcoin нан қымбат баҳада шығыўы күтилип атырған ойын BLUM 😨
Басламағанлар болса еледе кеш емес үлгерип қалың
ТЕЗ БАСЫҢ👇👇👇👇👇
@BLUM
@BLUM
@BLUM
📹 TANK | ТАНК ҚАРАҚАЛПАҚША КИНО
Қарақалпақ киносы тарихындағы ең өшпес із қалдырған кино .
@qaraqalpaqsha
📚 55 КҮНЛИК КИТАПҚУМАРЛАР ЧЕЛЛЕНДЖИ! 📚
⏰ Басланыў ўақты:
5-январь 2025-жыл
Саат 00:01
🏁 Жуўмақланыў ўақты:
01-март 2025-жы
Саат 23:59
📋 Қатнасыў шәртлери:
• Ҳәр күни кеминде 10 бет китап оқыў
• Ҳәр ҳәптениң Шемби күн оқыған китабыңыз бойынша кеңнен пикир, шолыў жазыў
• Ҳәр күни оқыған бетлериңиз санын @KitaapClubBot қа жазып барыў
💎 Қатнасыўшылар алатуғын қосымша артықмашылықлар:
• Китап оқыў бойынша жабық топардағы аудиочатларда сәўбетлер арқалы пикир алмасыў имкәнияты
• Китапқумарлар жабық чатына кириў мүмкиншилиги
• Еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын бөлек жабық топар
• Ҳәр ҳәптеде мотивациялық қатнасыўшылар тәрепинен ўебинарлар
• Өзиңиз китап оқыў ҳаққында усы ўебинарларда сөйлеп ораторлығыңызды раўажландырыў
• Тәжирийбели оқыўшылар менен байланыса алыў
• Оқыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша қунлы кеңеслер
🎁 Сыйлықлар қоры 500,000 сум!
Бас сыйлықлар:
🥇-орын: 150,000 сумлық китаплар топламы
🥈-орын: 100,000 сумлық китаплар топламы
🥉-орын: 80,000 сумлық китаплар топламы
Қосымша номинациялар:
• "Ең белсенди оқыўшы" - 70,000 сумлық китаплар
• "Ең жақсы китап шолыўы" - 50,000 сумлық китаплар
• "Турақлы қатнасыўшы" - 50,000 сумлық китаплар
✅ Клубта қатнасыўшылар саны көбейсе жеңимпазлар саны көбейиўи ҳәм Сыйлықлар қоры 500,000 сум нан асыўы мүмкин.
📊 Жеңимпазларды анықлаў критерийлери:
• Оқылған бетлер саны: бир бет ушын +1 балл
• Китаптан оқыған жериңизден бир алған ҳикметиңизди жазғаныңыз ушын:
1 қатарлы пикир +3 балл
2 қатарлы пикир +5 балл
3, 4, 5 қатарлы пикир +10 балл
• Қатнасылмаған яки ўақытында есабат берилмеген күн ушын -10балл
✍️ Қатнасыў ушын:
1. Усы пост телеграм сторисиңизде кеминде 3 күн турсын.
2. Скриншотты @KitaapClubBot қа жибериң
3. [ 8801710205787821
] арқалы 19.000 сум төлең
10-январьға шекем 13.000сом төлеп үлгериң.
30% шегирме
4. Төлем чегин @KitaapClubBot қа жибериң
5. Егер картаға пул өткерилмей атырса ботқа жазсаңыз басқа карта нөмерин айтаман.
Топарға қосылыў линки төлем чегин жибергеннен кейин бериледи.
Жеңиллик:
1. Қаржылай жағдайға байланыслы кейинирек төлеймен деп ботқа хабарлассаңыз қарызға қосылсаңыз болады.
2. Таза дерлик оқылмаған китапларыңызды бизге берип қосылсаңыз болады.
Баҳасы 40-50мың сум болса еки адам қосылса болады.
3. Марафонға қатнаспай қаржылай қоллап қуўатласаңыз болады.
Мақсет пул табыў емес китапқумарлықты раўажландырыў!
⭐️ Бизиң марафонның артықмашылықлары:
• Еки бөлек топар (еркеклер/ҳаяллар) - еркин пикир алмасыў мүмкиншилиги
• Күнделикли мотивация ҳәм қоллап-қуўатлаў
• Әмелий кеңеслер ҳәм методикалар
• Актив қатнасыўшылар жәмәәти
• Қызықлы таллаўлар ҳәм дискуссиялар
• 55 видео китап ҳаққында (интернеттен көширилген)
• 55 киши пайдалы мәсләҳәтлер
• Ҳәр қатнасыўшыға жеке статистика панели
• Графиклер арқалы прогрессти көрсетиў
• Марафон соңында толық статистикалық есабат
• Ҳәр қатнасыўшыға электрон сертификат
🔥 АЙРЫҚША УСЫНЫС:
Ерте қосылғанларға АРЗАНЛАТЫЎ!
• 10-январьға шекем - 13.000 сум
• 10-январьдан соң - 19.000 сум
🤝 ДОСТЫҢДЫ АЛЫП КЕЛ - ПАЙДА АЛ!
• 1 досты алып келсең - 3.000 сум қайтарылады
• 2 досты алып келсең - 7.000 сум қайтарылады
• 3 ҳәм оннан көп дос алып келсең - 10.000 сум
қайтарылады
Baratırsız aǵayınler qay tárep,
Kim izleydi bizlerdi ketsek biydárek,
Quwramaǵay qansha ásir ótsede,
Jayxun jaǵasında ósken bay terek.
@qaraqalpaqsha
Bugin waqıt bolmadı, erteń imkaniyat bolmaydı, keyingi kúni bálkim ózimizde bolmaytuǵın shıǵarmız...
Hesh nárseni ertenge qaldırma!
Bugingi isti bugin isle!
@qaraqalpaqsha
Qaraqalpaq tili — Qaraqalpaqstan Respublikasında jasawshı qaraqalpaq xalqınıń ana tili. Qaraqalpaq tili — Qaraqalpaqstan Respublikasınıń qorǵawında bolıp, bul haqqında arnawlı nızam shıǵarılǵan. Nızamda qaraqalpaq tili Qaraqalpaqstan Respublikasınıń pútkil aymaǵında mámleketlik til retinde qollanılıwına huqıq tiykarları belgilengen. Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyliginiń beriliwi respublikanıń aymaǵında jasawshı milletlerdiń hám xalıqlardıń óz ana tilin qollanıwda olardıń konstituciyalıq huqıqların sheklemeydi. Bul nızam jeke adamlardıń arasındaǵı qarım-qatnasıqlardıń, áskeriy bólimlerde, diniy hám dástúriy úrp-ádetlerdi belgilewde tillerdiń qollanılıwın qatań bir tártipke salıp taslamaydı. Qaraqalpaq tili — Qaraqalpaqstandaǵı qaraqalpaqlar sóylesetuǵın túrkiy til. Arqa-shıǵıs qaraqalpaq hám qubla-shıǵıs qaraqalpaq dialektlerine bólinedi. Ol noǵay, qazaq hám ózbek tilleri menen birge ósip, úsh tildiń de tásiri astında rawajlanǵan. Tipologiyalıq jaqtan, qaraqalpaq tili túrkiy tillerdiń qıpshaq bólimine tiyisli bolıp, noǵay jáne qazaq tili menen bekkem baylanıslı hám óz-ara túsinikli.
@qaraqalpaqsha
Assalamu aleykum hámmege.
Sizge qanday mazmundaǵı "content" qızıq. Pikirlerińizdi bólisseńiz.
Бир адамның қулқын билежақ болсаң, өзинен жоқарыдағыларға емес, өзинен пәстегилерге болған мәмилесин көр!
@qaraqalpaqsha
Оқыўға кирген жигитлер жақсы көрген қызына усы қосықты айтып берип атырған екен😜
@Qaraqalpaqsha