x_dauletnazarov | Unsorted

Telegram-канал x_dauletnazarov - Халила Дәўлетназаров

-

Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы

Subscribe to a channel

Халила Дәўлетназаров

#Баспасөзде

Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2023-жыл 4-марттағы 24-саны.

Мақалада газетаның усы жыл 28-февралдағы 20-санында Қарақалпақстан халық шайыры Х.Даўлетназаров тәрепинен жәрияланған «Оқығанды қойған, ойланғанды да қояды…» атлы сын мақаласына мүнәсибет билдирилген.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://kknews.uz/kk/136509.html
Оқығанды қойған, ойланғанды да қояды…

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - /channel/kknews_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://telegra.ph/KELINSHEK-SA%D2%92AN-AJTAMAN-02-27

Эй, жақсы қыз, сен тыңла, бирақ, саған айтаман келиншек! Сәл, сәл гене еглениңкиресеңиз, тықыршып-тыпыршыған қәдемлериң азы-кем сабыр сақласа? Оларды салдаманлыққа, ақылыңа, өзиңе бойсындырсаң? Өсип-өниўиңе жақсы: мына киятырған қарияның алдынан кес-кеслеп өтпей-ақ қойсаң қәйтеди?

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Мәнаўият_мәнзиллери

Қарақалпақстан телерадиоканылының “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!” көрсетиўиниң ҳәр жума таңында таярланып киятырған “Мәнәўият мәнзиллери” рубрикасының гезектеги (17.02.2023) саны.

Рубрика мийманы Қарақалпақстан халық шайыры, “Əмиўдәрья” журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаров.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Infografika

2023-jılda Respublikamız boylap yubiley sáneleri belgilenetuǵın elimizge belgili jazıwshı-shayırlar hám ilimpazlar menen tanısıń!

Tiykar:
Qaraqalpaqstan Respublikası Ministrler Keńesiniń 2023-jıldıń 20-yanvar sánesindegi arnawlı bayanlaması.

✏️Respublikalıq bólimniń rásmiy kanalı @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Архив

«Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2006-жыл 28-сентябрдеги 39-саны.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Баспасөзде

Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2023-жыл 21-январдағы 6 (20872)-саны.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қарақалпақстан радиоканалының 2022-жыл 25-декабрь сәнесиндеги “Кеўил мүлки” еситтириўи.

Қарақалпақстан халық шайыры, “Əмиўдәрья” журналының редакторы Халила Даўлетназаровтың кеўил мүлкине саяхат.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

1-декабрь күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында өткерилген “Мәртебең бәлент болсын, ана тилим” сүрени астындағы байрам салтанатында Қарақалпақтан халық шайыры Х.Дәўлетназаров Өзбекстан жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саид тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаров 70 жаста

Усы мүнәсибет пенен Нөкис районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан халық шайыры, «Əмиўдәрья» журналының редакторы Халила Даўлетназаров пенен дөретиўшилик ушырасыў болып өтти.

Онда мектеп жәмәәти, соның ишинде дөретиўши оқыўшылар қатнасып, муҳаббат ҳәм ар-намыс жыршысы, устаз дөретиўшиниң өмири ҳәм дөретиўшилиги, дәслепки талант ушқынлары ҳәм ҳәр қыйлы жылларда дөрелген шығармалары ҳаққындағы кең мағлыўматларға ийе болды.

Х.Дәўлетназаров сондай-ақ, мектеп оқыўшылары менен шын-кеўилден пикирлесип, дөретиўшиликтиң туўылы, оны жетилистириў жоллары ҳәм китапқумарлық бойынша шеберлик сырларын бөлисип, өз дөретпелеринен үзиндилер оқып берди.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Жас_дөретиўшилер_клубы

«Мениң аўылым!»

Бүгин Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими жанында дүзилген «Жас дөретиўшилер клубы» тәрепинен жәрияланған «Мениң аўылым!» атамасындағы қосық ҳәм гүрриңлер таңлаўының сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Усы мүнәсибет болып өткен илажда Қарақалпақстан халық шайыры, "Әмиўдәрья" журналының бас редакторы Х.Дәўлетназаров, Жас дөретиўшилер клубының республикалық бас координаторы А.Дәрменов ҳәм районлық дөретиўши жаслар қатнасты.

Устаз дөретиўши өз сөзинде биринши нәўбетте жыйналғанларды «Жас дөретиўшилер клубы»ның жумысы менен қутлықлап, олардың келесидеги дөретиўшилик жумысларына бәлент пәрўазлар тиледи. Өз дөретиўшилик үлгилери менен бөлисип, бул бағдарда жас талантларға жол жобалар көрсетти.

Таңлаўда жуўмағына бола жеңимпаз деп табылған жас дөретиўшилер шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

УСТАЗ ДЕГЕН СИЗДЕЙ БОЛАДЫ ЕКЕН...

Айман аға НАЖИМОВҚА

Жүзинен нур тамған жыллы шырайы,
Жаздай жайма-шуўақ кеўил ырайы,
Шәкирт, оқыў десе жаны пидайы,
Устаз деген сиздей болады екен.

Нәллериңниң нарттан нешше мың түри,
Олар гүллеў ушын ашар бүртигин.
Жүриўши, дүньяның жамап жыртығын,
Белиңизде дослық кәмары екен.

“Ушан кеме” шалқар теңизге шыққан,
Қоршап жүзип барар қанша қайықлар.
Дәрьясаң,—алғыслар жасыл жағыслар,
Өмириңиз нешше салалы екен.

Кеўил бағыңыздың алтын есигин,
Қуяш күтип алар ашсадағы ким.
Әдиўли әкемдей таныйман бүгин,
Жүзиңизде меҳир жамалы екен.

Жипек сөзиңизгекеўил кийинген,
Мен де бир түймеңиз кешлеўтүйилген,
Сыйлы орныңыз бар жүрек-үйимнен,
Өмириңиз сулыў намалы екен.

Гүлсиз, адамларға шашқан жупарын,
Қанша шәкиртиң бар қанша шәҳәриң,
Бәҳәр болып өнер, берген бәҳәриң,
Кеўлиңизде илҳам самалы екен.

Мийўеси сырғыған гөззал бағ болып,
Суўсынды қандырар бир булақ болып,
Бәрҳә жайнап-жаснап, жасаң ҳақ болып,
Заман, ҳақыйқатлық заманы екен!

Декабрь,1985-жыл

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров сөзи;
Көпжүрсин Алланазаров атқарады.


Ардақланар Атадай,
Ярын сүйген яр киби,
Не нәрсе бар муқаддес,
Халықлық намыс-ар киби?

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Уўықлары әрманнан,
Уллы Аспан төбеңде,
Өре бол сол аспанға,
Қарақалпақ дегенде!

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас.

Қамыс басы қыйылса,
Айланады қәлемге.
Туўған жерин улығлап,
Жар салады әлемге.

Сыбызғы боп сырнықса,
Елжиретер наласы,
Үн қоспастан туралмас,
(Ҳәр) қарақалпақ баласы.

Ҳәр бир әўлад кеўлине,
Халықлық нурдан ексин де!
Қарақалпақ деп соққан,
Жүрек болсын көксинде.

Шадлығындай ҳеш шадлық,
Дәрти киби дәрт болмас,
Журтым! - деп жан күйдирген,
Мәрттен асқан мәрт болмас.

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Қарақалпақ дегенде!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ХАНМАҚСЫМ

Халқым өтмишине тасласам нәзер,
Жүрек-баўырымды ғам-қайғы езер,
Журтым қайдан көшип, қайда қонса да,
Тәғдир қара қундақ мылтығын гөзер.

Әўладқа мәртликтен көрсетпей өрнек,
Неге, муңға-дәртке еркимиз бермек?
Бул өмир қаншама қымбат болса да,
Ўаз кешип кеткеймиз, болғанша ермек!..

Аўзы ала болмаң, гәп-сөзди қойың,
Ҳақлық, ҳақыйқатлық тиклесин бойын,
Қул керек оларға қулағы кесик,
Душпанға тән бундай ғәрремлик «ойын».

Ҳақ қәлеўи билен дүньяға келдим,
Бендешилик тәшўиш, жуўырдым-желдим,
Аманда бол халқым–диним, ийманым…
Ҳүр-азат туўылдым, ҳүр-азат өлдим!

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚТА КӨП ЖАҚСЫЛАР БАР ЕДИ…

Заманының уллы батыры Аллаяр Досназаровтың 100 жыллығына бағышланған салтанатта оқылды.

Мәртлик етсе болар қылыш тутпай-ақ,
Дос болыўға болар ант-суў ишпей-ақ,
Халық хызмети ушын ҳақы күтпей-ақ,
«Елим!..» деген азаматлар бар еди.

Дәстанда Рүстем менен Алпамыс,
Шәрьяр, Едиге де бул күннен алыс,
Иси де, исми де қәдирдан таныс,
Нағыз халық батыры Аллаяр еди.

Дүнья гәрдишинен күлдей үгилип,
Жүр еди журтының қәдди бүгилип,
Тарийхқа мүрәжат етип жүгинип,
Аўыр жүкти алып өткен нар еди.

Туўған жолбарыслар жасаған жерде,
Өзи де тәқаббил жаралы шерге,
Жаным қурбан болсын буныңдай ерге,
Халық көксинде жанған намыс-ар еди.

Бирин-бири пирдей сыйлап қол берген,
Алдынан кеселеп өтпей жол берген,
Қоллаў тапқан жақын-жырақ еллерден,
Қарақалпақта көп жақсылар бар еди.

Ел ҳеш ўақ хорлықлы ҳалға бармады,
Жүрегин үмитке, дәртке шарлады,
Қарақалпақ – деген алтын арбаны,
Даңғыл жолға салған Аллаяр еди.

Шежире жөн силтеп, ол шықты дара,
Әдалат белгилеп берди шегара,
Дөҳмет бәлесине таппады шара,
Ҳақлық ҳәм наҳақлық шарма-шар еди.

Жайдақ минип арзыў-әрман тулпарын,
Халықтың жырын жырлап, арлады арын,
Еркиншилик – деген ай жүзди ярын,
Узатып алсам деп аҳыў-зар еди.

Ғыйбат оғы тийди ушқыр суңқарға,
Ҳақыйқатлық көзин шоқыды ғарға,
Журтын ығбал таман өткерген дарға,
Соң өзи ғарқ болған Аллаяр еди.

Бийғәрезлик босағасы дәнданлы,
Қарақалпақ жасап атыр әндамлы…
Пайғамбардай салтанатлы-салдамлы,
Халқымызда көп жақсылар бар еди.

Уллы жолда көш баслаған нар еди,
Ҳәўижли саз еди, жипек тар еди,
Өзи шаңарақ көтерискен Станның,
Сап алтын сүдини Аллаяр еди!

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

НƏЖИМ
Гүрсинис

Түри суўық замана,
Дем шегиўи жамана...
Созып дүнья тамана,
Жетпей кеткен қолым-ә!

Бирге атып сақпанын,
Қас-қабағын бақпадым,
Сиясаттың қақпанын,
Аңбай басқан өзим-ә!

Дус келип не бәлеге,
Қалса да көп тәнеге,
Түркий халықлар және де,
Бөлим, бөлим, бөлим-ә!

Көп бәйгилер шабыўлы,
Көп қазанлар жабыўлы...
Аллаярды, Əбиўди,
Сөйле, сөйле!... Сөзим-ә!

Ул туўса ер туўсын-дә,
Белин ел деп буўсын-дә,
Өмир, – деген суўсынға,
Қанбай кеткен шөлим-ә!

Кегиң бардай журтыңнан,
Сайысқанлар сыртымнан,
Жаўшымшықтай шырқылдаң,
Ер деп жүрген езим-ә!

Дөҳмет бизге оқлаўлы,
Қазбарлаўда жоқ даўды,
Жазмышыңа тоқтаўды,
Буйырылмыш жолым-ә!

Сайға ағар сай тек те,
Өз елинде қай бек те,
Мухтар менен Айбекке,
Қәдирленген гезим-ә!

Көгиң тилип жасынлар,
Жайпалған не пасыллар,
Сейфулғәбит, Қасымлар...
Ойран оңыў-солым-ә!

Келтирдим көп уўайым,
Қәйтип гүнәм жуўайын?
Анам-Кәабам! Қудайым!...
Жас суўғарар көзим-ә!

Онда талай өрт болған,
Бузып болмас серт болған,
Шадлық ушып, дәрт қонған,
Кеўил, – деген көлим-ә!

Өз жериңде посқаның,
Өкпе генең осқаның...
Қудай қосқан қостарым,
Төгилежақ толың-ә!

Кең дүньяны тар қылып,
Буншелли тез сарқылып,
Турман сеннен ар қылып,
Таўсылдың ба, төзим-ә!

Шығысалмас шәртлерден,
Қайран жоқтай мәртлерден,
Мына, мына... дәртлерден,
Сынып кетер белим-ә!

Ҳақтан бираз сыйландың,
Көп шашып, көп жыйналдың...
Сени ойлап қыйналдым,
Халқым-әй!... Эҳ, елим-ә!

Қыр изимнен қалмадың,
Түсип жүрме салмағым?
Аян енди, алмағың,
Кел, келе ғой... өлим-ә!

Нәжим Даўқараевтың соңғы сөзи

Аңлатыў:

Аллаяр Досназаров, Əбиў Қудабаев, Мухтар Əўезов, Айбек (Муса Ташмуҳаммедов), Сейфулғәбит Мәжитов, Қасым Əўезов – репрессияға ушыраған зиялылар.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://telegra.ph/O%D2%9AY%D2%92ANDY-%D2%9AOJ%D2%92AN-OJLAN%D2%92ANDY-DA-%D2%9AOYADY-02-28

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Бүгин_туўылған_күн

Қарақалпақстан телерадиоканылының “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!” көрсетиўиниң бүгинги (22.02.2023) санында Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров мийманда болып, шайыр Мәтен Сейтниязовтың өмири ҳәм дөретиўшилиги еске алынды.

Мағлыўма орнында: М.Сейтниязов 1934-жыл 22- февральда Қанлыкөл районының аймағында туўылған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Қутлықлаў
#Алыстағы_ағайиннен

Қарақалпақлардың ата-бабалары жасаған, бүгинлиги де дос-бирадар, қуда тамыр болып отырған Наўайы ўәлаяты, Кенимық районының қарақалпақлары шайыр Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВты бүгинги туўылған күни менен қутлықлайды.

Өзиниң хошҳаўаз даўысы, жанға жағымлы қосықлары менен биз алыстағы ағайинлерди қуўантыўға және қашан келеди екен?

Ҳүрмет пенен,
Кенимық районы қарақалпақлары.


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Архив

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Даўлетназаровтың 2008-жыл – Жаслар жылына, Республикамыз жасларына ҳәм гүллән халқымызға жаңа жыл қутлықлаўы.

«Қарақалпақстан жаслары» газетасы, 2008-жыл 1-сан.

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қарақалпақта көп жақсылар бар еди...

"Зия нуры" журналының 2-саны.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

"Әмиўдәрья" журналының 2022-жылдағы 6-саны

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

МЕНИҢ, БАЙРАҒЫМ!...

(Сүренлер ҳаққында Сүрен)

(Қарақалпақстанымыздың бирден-бир Мәмлекетлик Нышанлары – Конституциямыз, Гимнимиз, Гербимиз ҳәм Байрағымыздың қабыл алыныўындай уллы ислерде ат салысқан ел перзентлерине арнайман.) Автор

Әдалаттың алтын пуўы берилген,
Озық ойлы, ҳәр сөз шебер ерилген,
Ақыл ҳәм даналық елгезеринен,
Еленген дүр киби мениң Нызамым!

Ҳәр тал қаўырсында – илаҳий нуры,
Қумай қус – бахыт ҳәм еркинлик жыры,
«Қарақалпақстан» – алтын туғыры,
Жақсылық нышаны мениң Гербим!

Халқым кɵзлериниң сүртеди жасын,
Ел-журт таўап етип ийеди басын,
Бинят – әрман, жегир, сезимнен ҳасыл,
Қәстерли-кийели мениң Байрағым!

Ҳәр бир ырғағында мың-мың ушқын бар,
Сөзлерине липас сезимтал нурлар,
Әўладлар тилинен төгилген жырлар,
Ўатанды улығлар мениң Гимним!

Қуяш-тиришилик, көгис нур-әлем,
Зер шуғла-дүньяға, өмирге сәлем,
Таў-әрман, қорғаны-әзелден бар Ел,
Та, Адам-Атадан мениң Тарийхым!

Шежире, Даналық, Өтмиш, батырлық,
Бунда мәртлер өткен мыңға татырлық,
Кўн туўмағай қылыш-қалған, шатырлық,
Еркин қуслар ели Мениң Аспаным!

Дәрья-мийрим, теңиз-ашқылтым өмир,
Қос төбе артында мәнзиллер не бир…
Байрақлы гүл шеңбер айлана-өңир,
Талаплыға берер мениң Заманым!

Салы масақлар ҳәм пахта ханалар,
Байлық булағының көзи саналар,
Суверенлигимди дүнья тән алар,
Жолы айдын мениң Мәмлекетим!

Халқым жан-тәнине гүмис мөр киби,
Ушыға қыйқымлы, алтын-зер киби,
Ҳәм нәзик, ҳәм айбындырар шер киби,
Сүренлер ишинде мениң Сүреним!

Ҳасыл – сегиз қырлы, бир сырлы болар,
Жарты пүтинленер, тɵгилген толар,
Тәнҳалық журтына жарасар олар,
Ўатаным, Анам, Жерим, тәнҳә Қуяшым!

Үшинен туўған Ай, бир жарық Жулдыз,–
Дәўри-дәўран басы деп билермиз биз,–
Ҳақ қәлеп, бақ-дәўлет салған екен жүз,
Мәңги-бақыйлықдур мениң Жолларым!

Дәўирлер даўрығы, ɵтмиш сазасы,
Әрманлар баўлығы, өмир тазасы,
Татыўлықтың таңлайда татыр мазасы,
Дослық-бирадарлық мениң Тәрийпим!

Ашық ҳаўаз бенен шарлаған елди,
Кɵзлеринде шақмақ, кеўли жеделли,
Сүренлер ишинде даўысы белли,
Жаңғырып жаңлаған мениң Ураным!

Сыйынтқан пир киби кɵзиңе тийер,
Қайсарлықтың темир саўытын кийер,
Асқар таўдай айбат, сүдиндей сүйер,
Жол басшы сәркарда мениң Байрағым!

Ўатанымның исми-жɵнин танытар,
Жигерлер қайралар, жанды жанытар,
Көз тояты тояр, мийри қанысар,
Шадлықтай жарқырар мениң Нышаным!

Толмаган жарты Ай әрманға мегзер,
Бес-бес жулдыз ығбал-дәўранға мегзер,
Тойғын сары гүзге, қырманға мегзер,
Көк, жасыл-бәҳәр жаз мениң Тәбиятым!

Жүреклер шыныңда турар желбиреп,
Пүткил ел кɵз болып бағар мөлдиреп,
Уллы сапарларда таяныш-тирек,
Қалыңда қалдырмас мениң Байрағым!

Муқәддес топырақ берген реңлер,
Жерден, Көктен усындай бес түр енген,
Ҳәр бири данқ, уллылықтай сүренлер,
Мәдеткар, мәрдана мениң Байрағым!

Үлкен-киши бәрше теңдей жүгинип,
Арзы-ҳалын айтып, тыңлап, уғынып,
Журтынан кɵз алмай бағар тигилип,
Қылды қақ айырған әдил Нызамым!

Еркин өмиримиздиң нәўпир сағасы,
Ығбал дәрьямыздың нурлы жағасы,
Елдиң кәтқудасы, халықтың ағасы,
Мәсләҳәт-кеңесши мениң Нызамым!

Ҳеш кимге бас ийип, я ойлап сумлық,
Мәртебе дәмем жоқ бир қара пуллық,
Саған қол қаўсырып әйледим қуллық,
Мәрдана ҳүким сүр мениң Нызамым!

Та, Адам-Атадан халқымның жасы,
Ҳаўа-Ене туўған арғы анасы,
Ҳақыйқаттың гәўҳар тәрезиси-тасы,
Қалтқысыз сɵйлейди мениң Нызамым!

Оңланып өмирдиң қәте-кемиси,
Наҳақлық үстинен мудам жеңиси,
Бул бағдың ада болмас жемиси,
Сарқылмас нур киби мениң Нызамым!

Тили жәўҳар киби, өткир жанары,
Жүректе ақыл-ой, белде мәдары,
Ўатанымның буўған алтын Кәмары,
Мениң дин-ийманым, Мениң Нызамым!

Алыс дәўирлерге салғаныңда из,
Не дүркин әўладлар кɵриседи жүз,
Шалғайыңнан сүйип шɵгедурман диз,
Қарақалпақстан – Мениң Байрағым!

Ҳалила Дәўлетназаров

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_тилим_!

Қарақалпақстан радиоканалының редакторы Г.Даўлетназарова тәрепинен таярланған «Ана тилим – Ар-намысым!» атамасындағы радиокомпозиция.

Радиокомпазиция Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 32 жыллығына арнап таярланған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

АЎЫЛҒА ҚАЙТЫЎҒА БАЯҒЫ ҚЫЗ ЖОҚ....

Аўылға қайтыўға баяғы қыз жоқ,
Он төрт күнлик Ай жоқ, жарық жулдыз жоқ.
Қәдирин билдим бе ығбал бахыттың,
Енди, ол қыз түўе бир салым дуз жоқ.

Қәлермен, балалық етпейди қабыл,
Хош көрерме, және ылайтсақ жабын?
Көмилипти ўақыт шаңына қашшан,
Бизди есиркемес қақсам да дабыл.

Жаслыққа қайтыўға жоллар жеткизбес,
Тәғдир не айтса да еки еткизбес.
Аржағы налышлы бүлбиллер гүзи,
Кирген есиклерим изге өткизбес.

Ийесиз журтымдай көңили-күйим,
Онда жоқ ата-анам, туўылған үйим...
Өмир ерис жибим тартылған буннан,
Бирақ, көп жерине түсипти түйин.

Жаз паслы жырақлар, гүллер сайланбас,
Кеўлимде ышқыдан дәсте байланбас,
Муҳаббат туўралы жазарман сийрек,
Қызларды мақтаўға тилим айланбас.

Досларға айтыўға таўсылды сөзим,
Өзимниң ишинде адастым өзим.
Тилим басқа сөйлер, кеўилим басқа,
Мен сабыр-тақатқа қапланған төзим.

Аўылға қайтыўға баяғы қыз жоқ,
Ол қыз үўе бизге бир салым дуз жоқ.
Сорағлап жар салдым өткен күнлерге,
Жүрегимнен басқа ҳеш жерде из жоқ.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Республикалық балалар китапханасында болып өткен илаждан.

Халила Дәўлетназаров
Қарақалпақстан халық шайыры

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас...


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ЕРНАЗАР АЛАКӨЗ ТОЛҒАНЫСЫ

Мен бир батыр едим… Мен дурыс едим.
Мен көк шатыр едим… Мен урыс едим!
Оқ едим, оқтан да ушқыр сөз едим.
Халқымның қалқаны Ала көз едим!

Көп шашып-төгилген Қарақалпақпан.
Ығбалым қашан бир Жайҳүндей аққан?
Мен Түркистан едим, Хорезм едим.
Бахыт өлшеўге зар тәрези едим!

Балкан деп гүрсинип, Қырымды айтып,
Едилди-Жайықты қайтқан ылайтып.
Кәҳәр-ғәзеп етсем, от-даўыл едим,
Көп қырғыннан қалған бир аўыл едим!

Карақум, Қызылқум – қыя-қыя шөл,
Туқымлық дән киби бир уўыстай Ел…
Журтым тыныш болса, мен тыныш едим,
Душпанға сермелген ўаххх… Қылыш едим!

Яранлар қалтыс жол тутты, қәйтейин?
Алпыс бий лебизин жойтты, қәйтейин?!
Шөл аңсаған сел болар ма деп едим,
Сорлы Елим… Ел болар ма деп едим?!

Туўылып Қумардай дилўар Анадан,
Тәлим алдым Халықтай устаз-данадан.
Көңиллер журтында алтын пуў едим,
Мәсләҳәт төбеде жанған туў едим!

Жипке дизип майда өкпе-гийнени,
Алаўызлық етти-аў нәпси бийлери…
Мен сарғыш саҳрада атқан таң едим,
Мен қара жер болдым… Мен Аспан едим!

Қарақалпақ, қазақ, өзбек, түркменим,
Қәлермен бе, ығбал атын үрккенин?
Мен арзыў-әрманның сағасы едим…
Ағаға зар Елдиң ағасы едим!

Халқым әрманына жетпесе егер,
Руўхым аҳ әйлеп өтер дәрбәдер,
Елим-ай!.. Ерк дийип мен де зар едим,
Шейит кеткен, дағлы Ерназар едим!..

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Канал: @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚ! ҚАРАҚАЛПАҚ!...

Қарақалпақ! Қарақалпақ!... Туңғыш кеўил бергеним,
Бул дүньяға туўылғаннан көзди ашып көргеним.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Билмегеним, билгеним,
Қуўанышқа кенелткеним, дәрти көксим тилгеним!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Салт-дәстүр, үрп-әдетим,
Ана тилим – миллийлигим, күш-қуўатым, мәдетим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қаратаўым, Әмиўим,
Қыста суўық қарып, жазда әптабында жаныўым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Көзи жаслы Аралым,
Үстиртимниң жазығында шапқан үркек маралым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қара көзи сүзигим,
Қызылқумға түсип қалған мисли гәўҳар жүзигим!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Ең заўықлы қосығым,
Арғы-жағы улан-байтақ кирген ығбал-есигим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Қәдди-қәўмет, бойыңнан,
Айлансын қыз-жаўаныңнан он бармағы ойылған.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Төбемдеги аспаным,
Қанша айтып, жазып, жырлап ада болмас дәстаным.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Арқа сүйер Арысым,
Айқырығы жерди-көкти титиреткен Барысым!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Найзагерим, оқшым-әй,
Түрк улысын қорғайман деп көп жоқ жойытқан жоқшым-әй!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! әрманлап бас қосыўын,
Көп көргенсең мәртлериңниң өкпелерин осыўын!..

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Тай, ат болған үйирим,
Қай журттан дуз шөпшелсе де тартар турар бүйириң!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүгиндирген қураным,
Шақырығым, сүренлеўим, үндеўлерим, ураным!

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүрегимсең, баўырым,
Белгенеңди майыстырған жүклериңниң аўырын!..

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Мойнымдағы тумарым,
Қарап, көрип, сүйип, қушып тарқамастай қумарым.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Иштен жанып-түтерим,
Жырақ кетсек көзлери төрт болып бирьян күтерим.

Қарақалпақ, Қарақалпақ! Жүк көтергиш Нарымнан,
Аллаға мың, мың шүкирим сениң гене барыңнан!...
Апрель, 2019-жыл.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…
Subscribe to a channel